Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

СӘЎБЕТ (SÁWBET)

Суйинбай Ералиевқа
Ақ қалпақлы қырғыз ғаррыларындай
Таўлар сәўбетлесер көл жағасында.
Дәрьялар гүркиреп,
Самаллар тынбай,
Гүллер сәўбетлесер булақ басында.
Бой тасалап барып таўларға күнде,
Сол сәўбетке тынбай қулақ салыпсаң.
Биразлар гүңкилдеп жерде жүргенде,
Сен өз бийигиңе минип алыпсаң.
Ыссық көлге ақшам шомылыў ушын
Жулдызлар жылыслап түсер бийиктен.
Тастан тасқа ырғып,
Салқын суў ушын
Булаққа урланып келер кийиклер...
Сендағы бир заман түс бийигиңнен,
Еки йош периси көлде дем алсын.
Дослық сәўбет атлы сырлы шәшмеден
Көңил кийиклери суў ишип қансын.
Уршықтай зырлаған Жер дағы жетим,
Дослар әнжамын ес биледи дейди.
Жулдызлар да шайырлардың сәўбетин
Өзине жубаныш көреди дейди.
Кел, бир сөйлесейик рәҳәтке батып,
Үркер тәрезиге таялғанынша.
Тас қалап, ошақты жақтым мазлатып,
Отырайық қуслар оянғанынша.
Сәўбет не ҳаққында болса да мәйли,
Дос қулағын түрсе, сөйлемшек ҳәр ким,
Сөз етип таўларды, Пушкинди, айды,
Жаңа қосықлардан оқырмыз бәлким.
Ал сонда стильлер... (Аҳ, бул стильлер!),
Еки үйирдиң асаў айғырларындай
Бир-бирин жатырқап, ийискеп, киснесер,
Көрмедим сетемшил мақлуқты бундай...
Интимағын гүллән адамзатлардың
Тилеймен ҳәм сағынаман мен өзим.
Сүйемен бирақта үйир атлардың
Бир бирине мас келмеген минезин.
Сүйемен, олар өз үйирин қызғанып,
Ҳәтте жылқыманға айбат шеккенин...
(Қызық болармеди таўларға барып,
Тек бир түрли гүл урығын сепкениң?!...)

Сениң таўларыңда,
Мениң даламда
Сен ҳәм биз шайырдың соңы емеспиз.
Зор шайырлар келер әйне заманда,
Бирақ биз ҳәм еки айналып кемеспиз.
Үстимизден өтер уллы Қус жолы,
Шәўкетли жулдызлар мириадасы,
Дәўиримиз уллы ислерге толы,
Бәлент пәрўаз етер кеўилдиң қусы.
Өзин қан кешкен сол қырғын урыстан
Адамзат сабылып шыққаннан кейин,
Парахат турмыстың мәнисин дурыслап
Уқты пүткил тереңлигине дейин.
Планета киширейип ойыншық шардай,
Жайғасты инсанның кеўил ханасына.
Пүткил дүнья бир питпеген минардай,
Айланды қурылыс майданшасына.
Бийиктен көриўге гөззал келешекти
Минар тиклеп атыр дүнья еллери.
Тилге түспей, бул қурылысты ирикпекши
«Жаңа Вавилонның» тил билмеслери...
Тәбият қушағында, оттың басында
Дослық сәўбетлерге ҳәмме де ашық.
Бирақ усы уллы истен ырасында
Адамлар кете алмас жырылып қашып.
Сонлықтан адамлар тәбият ананың
Булағына шөллеп, сағынса шөбин
Қушырлана жутып таўдың самалын
Оқыр ынтығысып ырыңды сениң.
Жақсылық оятып қосығыңның күши,
Жулдызлар жылыслап түсер бийиктен.
Тастан тасқа ырғып салқын суў ушын
Булаққа урланып келер кийиклер...
Сонда қуўанарсаң шайырдың сонша
Басқалар сезбеген ләззетин татып...
Кел, достым, таў қусы оянғанынша
Бир сәўбет қурайық рәҳәтке батып!

Фрунзе, июль, 1973-жыл.
Ыр – қосық (қырғызша) (И.Ю.)


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: СОҢ КӨЛДЕ
Алдынғы бөлимге қайтыў: НАРЫН
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.