НАРЫН (NARIN)
Таўлардың карнизине өрмеледим,
Булт серпип қолларымды сермеледим,
«Қудайдың дачасына» қоныс басқан,
Мен бундай сулыў елди көрмеп едим.
Еситкенди көз көрди анық болып,
Қарасам таў суўына қанып болып,
Кеўлимниң тыныш жатқан көллеринде
Қосықлар ойнап кетти балық болып.
Байқасам, излегеним усы екен,
Ақ мөрдиң ақ шатырлы қосы екен.
Суў деп мениң ишкеним Суўсамырдан
Суў емес, шайырлықтың йошы екен.
Ойда гүл, қырда көк шөп, таўда қарын,
Ақ Нарын, аппақ Нарын, сулыў Нарын,
Бир ишкен суўындағы қосықларды
Мен жазып таўсалмаспан быйыл-жарын.
Ел аўзында ертексең – нақыл елсең,
Шетиңнен шайыр елсең – ақын елсең,
Ысық елсең, өйткени басқалардан
Сен күнге төрт шақырым жақын елсең.
Көриўге сени инкар аты халық,
Жазарма едим таўыңда жатып алып!
Бул жерлердиң сүўретин қалаларда
Үй төрине илдирер сатып алып.
Халқын айтсаш ақ кеўли атқан таңдай,
Ўатанға, партияға садық сондай,
Келеси бес жыллықтың есабынан
Еңбек етип жайнаған жазық маңлай.
Нарынның қыз-келини зийрек келер,
Ийне тиксе нағысы ийрек келер.
Қошқар менен Жумғалдың жигитиндей
Азаматлар дүньяға сийрек келер.
Несип айдап Нарынға келип қалдым,
Кеўлиңди туўысқаным, билип қалдым.
Басыңнан ақ қалпақты алған ўақта,
Жүзиңнен қарақалпақты көрип қалдым...
Таярсаң сен жазында, қысында да,
Қонаққа жан-жүректи усынбаға,
Азамат Азияның бул дәстүри
Өлмейди коммунизм тусында да.
Қонағына бас қойып семиз қойдан,
«Қонақ қәде-күй тарт» деп қомуз қойған,
Еки сулыў күлимлеп есик ашса,
Еки сулыў ет тартып, қымыз қуйған.
Бул бахыт, ата-баба көре алмаған,
Қойларың семизликтен өре алмаған.
Бүгинги шопан сүрген дәўраныңды
Бурында бай, манаплар сүре алмаған.
Аман бол жаның болып, малың болып
Жүзиң жарқын, наныңыз қалың болып,
Жасай бер ел жақсысы, ханаласым,
Гүллей бер жер жәннети Нарын болып!
Сентябрь, 1975-жыл, Нарын.
Түсиниклер: ыр – қосық; ақ мөр – қырғыздың ел аўзында ертек болған сулыўы, қомуз – домбыра. (И.Ю.)
Булт серпип қолларымды сермеледим,
«Қудайдың дачасына» қоныс басқан,
Мен бундай сулыў елди көрмеп едим.
Еситкенди көз көрди анық болып,
Қарасам таў суўына қанып болып,
Кеўлимниң тыныш жатқан көллеринде
Қосықлар ойнап кетти балық болып.
Байқасам, излегеним усы екен,
Ақ мөрдиң ақ шатырлы қосы екен.
Суў деп мениң ишкеним Суўсамырдан
Суў емес, шайырлықтың йошы екен.
Ойда гүл, қырда көк шөп, таўда қарын,
Ақ Нарын, аппақ Нарын, сулыў Нарын,
Бир ишкен суўындағы қосықларды
Мен жазып таўсалмаспан быйыл-жарын.
Ел аўзында ертексең – нақыл елсең,
Шетиңнен шайыр елсең – ақын елсең,
Ысық елсең, өйткени басқалардан
Сен күнге төрт шақырым жақын елсең.
Көриўге сени инкар аты халық,
Жазарма едим таўыңда жатып алып!
Бул жерлердиң сүўретин қалаларда
Үй төрине илдирер сатып алып.
Халқын айтсаш ақ кеўли атқан таңдай,
Ўатанға, партияға садық сондай,
Келеси бес жыллықтың есабынан
Еңбек етип жайнаған жазық маңлай.
Нарынның қыз-келини зийрек келер,
Ийне тиксе нағысы ийрек келер.
Қошқар менен Жумғалдың жигитиндей
Азаматлар дүньяға сийрек келер.
Несип айдап Нарынға келип қалдым,
Кеўлиңди туўысқаным, билип қалдым.
Басыңнан ақ қалпақты алған ўақта,
Жүзиңнен қарақалпақты көрип қалдым...
Таярсаң сен жазында, қысында да,
Қонаққа жан-жүректи усынбаға,
Азамат Азияның бул дәстүри
Өлмейди коммунизм тусында да.
Қонағына бас қойып семиз қойдан,
«Қонақ қәде-күй тарт» деп қомуз қойған,
Еки сулыў күлимлеп есик ашса,
Еки сулыў ет тартып, қымыз қуйған.
Бул бахыт, ата-баба көре алмаған,
Қойларың семизликтен өре алмаған.
Бүгинги шопан сүрген дәўраныңды
Бурында бай, манаплар сүре алмаған.
Аман бол жаның болып, малың болып
Жүзиң жарқын, наныңыз қалың болып,
Жасай бер ел жақсысы, ханаласым,
Гүллей бер жер жәннети Нарын болып!
Сентябрь, 1975-жыл, Нарын.
Түсиниклер: ыр – қосық; ақ мөр – қырғыздың ел аўзында ертек болған сулыўы, қомуз – домбыра. (И.Ю.)
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: СӘЎБЕТ
Алдынғы бөлимге қайтыў: САНАТ
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: