Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

МЕН СҮЙЕМЕН ҚЫРҒЫЗДЫҢ АЛА ТАЎЫН (MEN SÚYEMEN QIRǴIZDIŃ ALA TAWIN)

Нық тартып ақ боз үйдиң үзик баўын,
Тәбият тойлап атқан гүрең аўыл...
Адамзаттың бир бийик әрманындай,
Мен сүйемен қырғыздың Ала таўын.

Кеўлимде мен Тоқтағыл, Шыңғыз болып,
Қыялым гүл тереди бир қыз болып,
Ала таў, сени көрсем қуўанғаннан,
Кете жазлап тураман қырғыз болып.

Өйткени, бул таўлардың ҳәр төбеси,
Туўысқанлық, дослықтың «нар төбеси».
Жасасын Ала таўды бийиклеткен
Қырғызлардың ленинлик мәртебеси!

Таў берип, ырыс қымызын ақтырар ма,
Ол таўды ығбал нуры жақтырар ма,
Жер сулыўы, ел бахыты егиз келип,
Гез келгенге бул бахыт таптырар ма.

Бетонды асаў суўға ноқта қылған,
ГЭСлери тоқ жуўыртқан Тоқтағулдан.
Жылқысы суўға қоса жулдыз ишип,
Қойлары таў бултындай ақтарылған.

Туўысқан ел бахыты зейин ашып,
Шың басында қуяшқа жақынласып,
«Жасасын жаңа заман, жаңа адам!»
Деп бақырғым келеди кеўлим тасып.

Заманларда түрли көз қарас болып,
Не дәўирлер өтпеди талас болып.
Ала таў, мыңлап жыллар қырғыз сени
Қорғаған қүдиретли Манас болып.

Тар кешиўде қарсы алып талай жаўды,
Халық таўдан, таў халықтан пана таўды.
Қырғызды тәғдир таслап кеткенде де,
Қырғыз таслап кетпеген Алатаўды.

Бул таўлар енди көрсең бағы бостан,
Мәңгилик бахыт, шадлық отар басқан.
Таўға жағып коммунизм шамшырағын,
Гүркирей бер, советлик Қырғызстан!

Аларша суў гүрилдеп тасар екен,
Атлы қыздай сыңқылдап қашар екен,
Ала таў, неге сонша сулыў десем,
Қырғыз деген сулыў халық жасар екен.

Ала таў, сен дүньяда бир екенсең,
Таў болып уйып қалған ыр екенсең.
Қулап кетпей сени қәйтип тур десем,
Қырғызларға сүйенип тур екенсең.

Фрунзе. Сентябрь, 1975 ж.


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: САНАТ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ҚАЛТАЙҒА
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.