Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ҚАЛТАЙҒА (QALTAYǴA)

(Ҳәзил)
Егер де сен тың болғанда,
Айдалмай дән болар ең.
Кемпир қуяш кун болғанда,
Булт жолатпай турар ең.

Тың да емес, күн де емес,
Қалтай болғаның мақул.
Мың қайғы бир ис питирмес,
Күлип қалғаның мақул.

Бала деген жылап түсер,
Туўылғанда енеден.
Сен дүньяға келгениңде
Күлип түстиң билемен.

Күл, қарындас комедия!
Күлки малы өрбисин,
Шурт минезли саран дүнья
Емлеп алсын нервасын.

Декабрь, 1967-жыл.
Қалтай Мухаммеджанов – қазақтың белгили күлкипаз комик жазыўшысы. (И. Ю.)


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: МЕН СҮЙЕМЕН ҚЫРҒЫЗДЫҢ АЛА ТАЎЫН
Алдынғы бөлимге қайтыў: ҚАЗАҚСТАН
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.