Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ҚАЗАҚСТАН (QAZAQSTAN)

Қазақ ели ханалас халық дедик,
Әтир гүлин Әмиўдиң алып келдик.
Алтын күнниң сынығын аспандағы
Шарайнадай кеўилге салып келдик.

Байлық, дослық, ән-күйдиң үлкесинде,
Миллион жулдыз жымыңлар бир кешинде.
Тоқсан сегиз Бельгия сыйған жердиң
Кеңлиги бар кеўлинде, иргесинде.

Алтын дән теңизиндей тың гүрлеген,
Алма-ата алтын сарай гүңгирлеген.
Абайдың әрманлары иске асып,
Қурманғазы мың күй боп гүмбирлеген.

«Ленин» деген уллы сөз озал бастан
Кеўлимизге күн болып орналасқан.
Байқоңыр старт берген корабллер
Аспанда ай-жулдызға аманласқан.

Қарағанды, Темир таў-озық устаң,
Балқаш жазар даңқыңды таза мыстан.
Миллиард пуд бийдай болып, ғәзийнеме –
Қуй саўлап, тың патшасы Қазақстан!

Қонаққа кеўлиң ашық, төр кең болсын.
Жети ықлым жайғасар жер кең болсын.
Азаў қазақ ағайын, аманда бол,
Келешегиң Көкшедей көркем болсын!

Сентябрь, 1972-ж. Алма-Ата.


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ҚАЛТАЙҒА
Алдынғы бөлимге қайтыў: КӨКШЕ ТАЎ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.