Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

КӨКШЕ ТАЎ (KÓKShE TAW)

Арқада бир ел көрдим Көкше деген.
Таўларын қыз жүгиндей текшелеген.
Бундағы өскен адам, өзге жерде –
«Жәннет бар» деп мақтасаң көксемеген.
Кел жаным, сол Көкшеге мингизейин,
Төбеңди көкше бултқа тийгизейин.
Меннен басқа сүймеген ақ жүзиңди
Таўдың жупар желине сүйгизейин.

Журт көрмей-ақ Көкшени көп айтады,
Биреў келмей, биреўлер кеп айтады.
Гүмис көлге шомылып шыққан адам
Жарты өмирге жасарар деп айтады.
Кел жаным, шайыр тили жетпегенди
Көкше таў көркем етип айтып берсин.
Сексен көлдиң бирине бир сүңгип ал,
Менсиз өткен жасыңды қайтып берсин.

Көкшениң сулыўлығын көп айтады,
Биреў келмей, биреўлер кеп айтады.
Буўрабайда бир түнеп шыққан адам
Ашық болмай кетпейди деп айтады.
Кел, сәўлем, тарттым саған көк кемени,
«Жумбақ таста» қалдырма жекке мени.
Сыйлай бил басқалардың барлығында,
Ашық болсаң сүйегөр текте мени.

Бул таўда қойлар булттай көшеди екен,
Бахыт дәни бийдай боп өседи екен.
Көкше таўдың қымызын қанып ишсе,
Даўасы жоқ дәртке ем түседи екен.
Кел жаным, ҳимметиңнен байығайын,
Қазақтың бал қаймақлы шайы тайын.
Бал бармақты батырып қуй қымызды,
Өзиң жазған дәртиңнен айығайын.

Бул Көкше таў Сәкенге сырлас дейди,
Қазақтың музасына Парнас дейди.
«Оқ жетпеске» өрмелеп шыққан адам
Шынтласа шайыр болмай қалмас дейди.
Кел жаным, Айна көлде күтейин мен,
Сулыўлықта садағаң кетейин мен.
Тырмасып шайырлықтың көк шыңына,
Өлгенше сени жырлап өтейин мен.

Тас сынығын әкеттим Сырымбеттен,
Бунда даңқлы жийеним Шоқан өткен.
Оны тапқан апамнан айнанайын,
Қазаққа сондай улды сыйлық еткен.

Жазғы кеште шомылып зер қуяшқа,
Ақша кийик турады тик жар таста.
Ақ қайыңлар бий бийлеп атырғанда,
Аңсап көрген ашықлар ойнамас-па!
Кел, сүйейин муҳаббат көли болып,
Кетегөрме көлде суў пери болып,
Аўыл сырты аўлақта сырласайық,
Сен Ақтоқлы мен Ақан сери болып.
Бул жерге келсе биздей киси келгей,
Муҳаббатқа қай жанның күши келгей?
Ким сениң ығбалыңды күнлер болса,
Илайым «Оқ жетпестен» ушып өлгей.

Көкше таў. 10-сентябрь, 1972-жыл.
Парнас – грек мифологиясында шайырлық йош таўы. (И. Ю.); Атақлы демократ илимпаз Шоқан Ўәлийхановтың анасы қарақалпақ қызынан туўылған (И. Ю.)


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ҚАЗАҚСТАН
Алдынғы бөлимге қайтыў: МЕН АБАЙДЫ ЯДҒА БИЛГЕН ХАЛЫҚПАН
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.