Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

МЕН АБАЙДЫ ЯДҒА БИЛГЕН ХАЛЫҚПАН (MEN ABAYDI YaDǴA BÍLGEN XALIQPAN)

(28-май 1971-жыл, Алма-Атада Абайдың 125 жыллық мерекесинде оқылған қосық)
Мен Абайды ядға билген халықпан...
Әмиў бойы туўып өскен топырағым,
Сизиң менен бир путақлас жапырағым.
Кеўлим ашық-ақшамы жоқ жарық таң, –
Мен Абайды ядға билген халықпан.

Шыңғыс таўда шыққан Абай жырлары,
Көп жаңғыртқан қарақалпақ қырларын,
Бердағымның қосығына қосылып,
Қулағыма бирге шерткен сырларын.

Көш артында асық ойнап жасымда,
Тарийхтан сәл кешеўиллеп қалыпбан,
Билим бар деп ескермепбен басында, –
Өлең сөзге өзим бирақ алықпан, –
Мен Абайды ядқа билген халықпан.

Бирге бастық тарийх жолын ақырын,
Қанша узақ жолы болса түйениң.
«Қарақалпақлар – даланың бас ақыны»
Деп айтқан ғой уллы Шоқан жийеним.

Бахыт излеп бир қәтепке жүк басып,
Бабалардың аты шаршап-шалыққан.
Дормбыраңа дуўтарым тур жупласып,
Жырласқанда жырыңа дым қанықпан,
Мен Абайды ядға билген халықпан.

Мине бүгин бахыт ели далаң тур,
Кең даланы кеңелдирген адам тур.
Жериң жақын «жәннет» деген уғымға,
Абай аға аңсап кеткен заман бул.

Дилмашсыз ақ қазақшаға қанықпан.
Күй тыңлайық, домбыраңды ала бар.
Сен Абайдың бирер сөзин умытсаң,
Мен айтайын, кел де меннен сорап ал.

Тегимиз бир ерис-арқаў шалысқан.
Мийрим сүтин бир емишектен емискен,
Тар қурсақта тай ғунандай тебискен,
Ханаласым қазақ ели, шарықлаң!
Мен Абайды аға тутқан халықпан.

28-май 1971-ж. Алма-ата.


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: КӨКШЕ ТАЎ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ПАЗНАЛАР
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.