Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

СОНЕТЛЕР (SONETLER)

(«Сорша» атлы сонетлер дүркиминен)
«Ол қайта тирилип келсе еди бир,
О, мен кирпик болып оның көзине.
Көрмеген иззетин көрсетип не бир.
Сыйлар едим шаң қондырмай жүзине.

Кешиккен солдаттай, келсе ол кирип,
Ярындай аймалар едим-аў сонда» –
Дер адам адамды жерлеп атырып ...
Бул бийҳуўда өкиниш ғой шынында.

«Қара хаттан» кейин келген солдат ҳәм
Жат көринер. Өлик тирилген гезде, –
Сүйиў түўе, жолай алмассаң оған.

Сол ушын суў қайтып ақпайды изге,
Бос өкиништен көре, бир-биримизди
Сыйлай билген әбзел биз тиримизде.

***
Жүз елиўге шыққан бир ғарры көрдим,
«Қандай бахытлы» деп параз еттим мен.
Излеп барып таптым ҳәм сәлем бердим,
Әлле неге қапа болып кеттим мен:

Бесте екен Бердақ туўылған жылы,
Өзи үш кемпирдиң басына жеткен,
Тарас Арал бетке қуўылған жылы,
Үш ул көрип, көлде ол талап еткен.

Үшеўи де қартайып өлди бирақта,
Заманлас, дос-яран кетти жыраққа.
Өзгерди әўладлар, өзгерди заман.

Ол түнерип қарар ғарры дараққа.
Ғарры шынар турар қурт жеп қуўраған,
«Гүўлеп турдым-аў – деп баяғы ўақта».

***
Әфәндини көрдим қәбирстанда,
Қәдимгише хошўақ, еле өлмеген,
Ешегин урлаған уры да бунда
Қанша аңлыса да еле келмеген ...

Ол жерде Өмирбек, суфы жолықты,
Пийри менен бир мазарды қарап тур,
«Бизиң жай пәкизе имарат болыпты,
Енди не кемис?» – деп оннан сорап тур.

«Енди кемиси тек өзиңиз, пийрим ...»
Дегенде пир туўлап, гүжирейтти ийнин.
Сол айтқандай бизиң Ағаш қуйрық та
«Қала болыпты-аў мынаў қойымшылық та»
Деген ҳәмелдарға: «Аўа сен келсең,
Қала ҳәкими де болажақ ..." деген.

***
Қулпы тасқа жатқан: «Бул жатқан марҳум
Қырық күн өмир сүрген. Судья болған» ...
«Қәте оқып турған шығарман бәлким?»
Деп Әфәнди сорар жолаўшылардан.

«Қәте емес, бизде бар сондай дәстүр:
Өлерде ҳәммесин еске аласаң.
Өмириңдеги шадлы демлерди бир бир,
Өзиңше есаплап, шотқа саласаң.

Өмириңе есаплар тек сол күнлерди ...»
Айтты Әфәнди: «Бул даналық неткен!» -деп,
Нағайбыл елиңизде өлсем мен енди,-
Сизден илтимасым, айып етпең тек:

Қәбириме жазың: – «Байғус Әфәнди
Дүньяға келмей-ақ өлип кеткен» деп ...

***
Атомды кеселге ем етемен деп,
Талай доктор өз өмирин набытлар.
Дүньяны адамға кең етемен деп,
Сүңгир туңғыйыққа космонавтлар.

Инсан өз ақылына уғрас келместей
Тилсим менен ашар дүньяның сырын.
Базда өз өмирин елестирместен,
Гөр аўзынан алып қалар бир-бирин.

Адам қандай қыйынлықты жеңбес ол!
Дүнья билер оның ақылын, күшин.
Тек бир нәрсе ғана қолынан келмес, ол:

Өз жанын, өз өмирин аяй билмес ол,
Себеби, өзи ушын өмир сүрмес ол,
Адам өмир сүрер адамлар ушын.

***
«Шынар, сен қалайша бир жерде турып,
Үш жүз жыл жасайсаң? Үйретши маған!» –
Деп сорадым саясында отырып,
Шынар айтты: «Мейли айтайын саған:

Сен мени егесең ҳақ нийет пенен,
Ал мен жақсылыққа жақсылық ойлап,
Тек бәлентке ғана умтылып өсемен,
Инсанға сая ҳәм гөззаллық сыйлап.

Миллионлаған жасыл жапырақларым
Ҳәр таңда күн шуғласына шомылар
Ҳәм де бир-бириниң қағар шаңларын.

Пазыйлет дәрьясы тамырымды жуўар.
Қәлбине орнаса бул айтқанларым,
Адам да көп жасаў ушын туўылар.

1973-ж.
Ағаш қуйрық – бир атақлы лаққының лақабы. И. Ю.


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ПАЗНАЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: АЯЗ ҚАЛА
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.