Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

АЯЗ ҚАЛА (AYaZ QALA)

Аяз қала – даналықтың қаласы,
Гөне тарийх саған ийек сүйеген.
Қыйратыўшы ўақыт пенен таласып,
Тас бүркиттей турысыңды сүйемен.

Тасың күйреп, топырағын тозғыған,
Сен билесең туралмайсаң мәңгиге.
Бирақ сениң басыңдағы боз думан
Уйып қалған уллы тарийх-әңгиме.

***
Археолог жигит Ленинградтан
Мың жыллық жазыўды оқыйды ядтан.

Қазып атырып бир ески қорғанды,
Көк шыршалап жазған тас таўып алды.

Жазыўды урыстырып оқыды әсте
Ҳәм бир гөне ертек сөз түсти еске:

«Ғәзеп пенен қайнап халықтың қаны,
Тахтынан тайдырды залым патшаны.

Ҳәм дүзде мал бағып жүрген пақырды
– Тахқа отыр, хан болдың» деп шақырды.

Сөйтип, хан көтерди шопанды олар,
Шопан-хан зор болып шықты геллеғар.

Зейнинде бар еди ақылдың көзи,
Ҳәр бир айтқан сөзи нақылдың өзи.

Халықты сорады соныңдай әдил,
Көз жасларын тыйды жетим ҳәм жесир.

Елди тазалады уры-ғарыдан,
Байыўлылар ушты таппай гөне там.

Ақша дәрья бойы гүлистан болып,
Ат шығарды кимсең Аяз хан болып.

Дәўлети бәршеден болды зыяда,
Әдалатлық даңқы кетти дүньяға.

Қоғадай жапырылып халқы сыйлады,
Туўрылықта теңи-тайы болмады.

Бийжөн көтермеди адамға қолын,
Ойлады ол асып-таспаўдың жолын.

Сөйтип, ол өзиниң хан сарайына, –
Бийик алтын тахтың қақ маңлайына –

Қазыққа қыстырып қойды ол бүгин
Шопан ўақта кийген жаман шарығын.

Ҳәм көк шырша тасқа жуўыртып нурды,
– «Аяз, шарығыңа бақ!» деп жаздырды ...

***
Қаланы жаў қамал етти бир ўақта,
Ел басына түсти тағы дәртли күн.
Ләшкер басы бир мәрт екен бирақ та
(Жаў да болса айтпай болмас мәртлигин.)

Бир бийикке минип алып ол адам,
Қоразланып буйрық берди даладан:
– «Биз келгенбиз еркек пенен урысыўға,
Қатынлар тез шықсын – деди қаладан!

Шашы узын, қысқа олардың ақылы,
Бир ақшамда кетсин олар мақулы.
Ҳәтте ҳәр бир ҳаял керек буйымын
Көтергенше әкетиўге ҳақылы».

– «Өйббей бала, жақсы жаў ғой, ҳаў мына!»
Деп ҳаяллар қуўанысып қалысты.
Затын түйип, тислеп алып аўзына,
Балаларын қолларына алысты.

– «Өлгениңнен аманлығың дым қызық,
Ҳай, бери кел, мин мойныма, балажан!»
Деп еркегин мойынына мингизип,
Барлық ҳаял шығып кетти қаладан...

Паҳ, шабазым, ақылыңнан-ойыңнан,
Яр айлансын сениң қәдди-бойыңнан!
Әттең бирақ соннан бери көп еркек
Түскиси келмей жүр жумсақ мойныңнан...

1974-жыл


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: СОНЕТЛЕР
Алдынғы бөлимге қайтыў: НЕСИБЕҢ АҚ БОЛСЫН ҚЫСҚЫ ДАЛАДАЙ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.