Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

СОҚПАҚ (SOQPAQ)

Бағ ишинде жатқан жөнсиз соқпақта
Зиңирейип узақ тостым жолыңды.
Урыдай алдыңды орап тоқтаттым,
Қарап алдымдағы оңлы-солымды.

Қумар көзиң үрккен егиз қозыдай
Жаўтақлады өрден-ыққа жуўырып.
«Почтальонман, қорықпа қарындасым, ҳәй»
Деп хат бердим төс қалтамнан суўырып.

- Почтадан хат келмес мөрсиз, маркасыз,
Бизиң почтальон сен емес, бөтен.
- Егер ҳәзир алып қалмасаң сен қыз,
Хатты усы жерге таслап кетемен...

Қудай билсин хатта не жазылғанын...
Ҳәмме оқып, сени сөз қылмаспа екен:
Жерде адам, көкте жулдыздың бәри,
Ҳәтте, қоңысыңның ийтине шекем...

Мурныңның ушына шығып ашыўың,
Аўыр сөзлер айттың, хатты алмадың.
Питпеди соқпақтан шығып қашыўың,
Арсыз почтальон да изден қалмады...

Сол бәҳәрги кешти ойлайман ҳәр ўақ,
Сонда ҳаслан ойламапбыз-аў биз дым:
Бағ ишинде жатқан сол заңсыз соқпақ –
Басы екенин заңлы турмысымыздың...

1969-ж.


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: КӨЛ БОЙЫНДА
Алдынғы бөлимге қайтыў: ШОЙДАНИЯ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.