Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ШОЙДАНИЯ (ShOYDANÍYa)

Шойдания – шийрин жаслық дияры!
Көгершин қанатлы гөззал қыяллар
Саған ушар, Бирақ та ҳәр сапары
Бизди сеннен алыс әкетер жыллар.

Сениң бостаныңа ким кирсе – шайыр.
Демек сенде текте шайырлар жасар.
Ақшам дарақларың силкинген сайын,
Мийўа орнына гәўҳар жулдызлар шашар.

Мен ҳәм мәҳәлинди журтларға усап,
Несип әйлеп бул бостанда йошқанман.
Жулдызларды «хан қызындай» уўыслап,
Арзыўлымның аяғына шашқанман.

Сонда қабағында жуп қумар көздиң
Ол жулдызлар сөнген әсте мөлдиреп.
Сол бир тәкирарланбас өспирим гездиң
Ләззетин еслесе елжирер жүрек.

Шойдяния – туңғыш муҳаббат бағы,
Бағда жатқан жөнсиз соқпақлы жоллар.
Аңсағаным менен барсам деп тағы,
Бизди басқа жолдан әкетер жыллар.

***
Төбемде гүўилдер бәлент шынарлар,
Уйқысыз таңларды атырғанымда.
Не деп гүўилдесип турғанын олар
Айтып берер едим болсаң жанымда.

Булақлардың не деп сылдырлағанын,
Самал жумсақ лебин қайдан алғанын
Айтып берер едим мен саған, жаным,
Болағойғаныңда ҳәзир жанымда.

Шынар гүўилдиси, бүлбүл намасы,
Бәри тәрип етер сени шамасы.
Бир сырлы ышқының симфониясын
Бирге тыңлар едик болсаң жанымда.

Ай жүзер еслетип ақ дийдарыңды,
Түнги салқын шертер кеўил тарымды,
Саған болған ышқы сағынышларымды,
Бәри айтар еди болсаң жанымда.

1975 ж.


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: СОҚПАҚ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ТИГИЛЕМЕН ҚУС ЖОЛЫНА
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.