Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ТИГИЛЕМЕН ҚУС ЖОЛЫНА (TÍGÍLEMEN QUS JOLINA)

Tигилемен қус жолына
Қыял менен көк қанатлы.
Жулдыз толы уллы дәрья
Ағып барар салтанатлы.
Сансыз жулдыз, жалғыз айға
Мақпал түнде қарайман мен.
«Жерден басқа және қайда
Инсан бар?» деп сорайман мен.
Бул саўалдың ерте-кешли
Илим бир жуўабын табар.
Адамнан да ақыл-если
Бир мақлуқлар бар да шығар.
Онда ҳаял-қызлар тегис
Таққаны қымбатлы шығар.
Көзи төртеў, қолы сегиз,
Өзинше сымбатлы шығар.
Болса болар...Бирақ та мен
Соған кәмилдур ийманым:
Сулыўлықта Сениң менен
Бәслесе алмас олар, жаным.
Гөззаллықта жоқдур шегиң,
Теңи-тайың жоқ дүньяда.
Жуп алақан, қос билегиң
Сегиз қолдан-ҳәм зыяда.
Төрт көз бенен телмирте алмас
Еркеклерди өзине усап.
Жүреклерди өртей алмас
Сениң еки көзиңе усап.
Ол ҳаяллар сендей болып
Яр ышқында күйе алмас.
Еркеклери мендей болып
Шын кеўилден сүйе алмас.

1971-ж.


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ШОЙДАНИЯ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ВЕНЕРАНЫҢ СКУЛЬПТУРАСЫНА
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.