ӘМИЎ ГҮЛЛЕРИНЕ (ÁMÍW GÚLLERÍNE)
(Республикамыздың даңқлы ҳаял-қызларына шайырлық арнаў ҳәзилнамасы)
Жаным қурбан сизге, анаханларым,
Ана-қарындасым, жеңгежанларым,
Ҳәр күниңиз толып ығбал заўқына,
Шадлық пенен атсын ҳәр бир таңларың.
Не тилек бар, – бәрин тилейин сизге,
Шайырлық гүллерин терейин сизге,
Ерлерге қыймаған қосықларымның
Бәрин жыйып – терип берейин сизге...
Адамзатқа жүрим берген анасаң,
Перзент ушын не отларға жаңасаң,
Қустың сүтин таўып бер деп сорасаң.
Таппасам да излеп келейин сизге!
Әлпешлейин ҳәрне сыйлайсаң десең,
Алтын-гүмислерге бөлейсең десең.
«Аналық ҳақымды төлейсең» десең,
Оның бәрин қәйтип төлейин сизге!?
Мийрими теңиздей, пейли даладай,
Даңқлы адам бар ма сирә анадай!
Адамзаттың ең уллысы Ильич те
Анасына бас ийипти баладай.
Мен қозғап нетейин тарийх таманын,
Өткенде бар еди зарлы заманың.
Уллы Ленин ығбалыңды жайнатып,
Гүл болып ашылды сулыў жамалың.
Гүлге түсип жаңа заман қуяшы,
Ай киби жаңарды қызлар санасы.
Теберикдур ол Жумагүл апаның
Аппақ шашларының ҳәр бир таласы.
Мийнет десе, сиз мәрдана болдыңыз,
Ақлы кәмил бир дурдана болдыңыз.
Коммунизм әўладларын өсирип,
Раҳмет, қаҳарман ана болдыңыз!
***
Амансаў барсыз ба, бәрна жеңгейлер!
Суў бойынан гүллер терейин сизге.
Шайыр жүрегине жерисең егер,
Геўдемнен суўырып берейин сизге...
Ағаларым жақсы, өзлериң жақсы,
Он төрттеги айдай жүзлериң жақсы,
Қәйинлериң басы қышып сүйкенсе,
Жуўаптан ушырған сөзлериң жақсы.
Шымбайда Амангүл, Төрткүлде Сара,
Ҳәр жеңгемниң орны дарама-дара,
Қызлардың баслығы Әлийма жеңгем,
Женсоветке түссең көреди шара...
Баслық болың десе Енежан болдың,
Сахнаға шық десе Айымхан болдың,
Санитар бол десе Сәлийма болып,
Жер жүзилик даңқлы сыйлықлар алдың.
Абысының жақсы, бийкешиң жақсы,
Таза кәйўаналық кеўлиңниң нақшы,
Үйге де, елге де теңдей жараныў,
Сизден келинлерге мийрас болмақшы.
***
Ҳармаң, қайненеси сүйген келинлер!
Таң самалы не деп сыбырлап кетти?
Базда мыйық тартса қаймақ еринлер,
Қайнағаңның мурты жыбырлап кетти...
Инилерим – ғошшақ, өзлериң дилбар,
Сизлерден шырайлы қайсындай гүл бар?
Илгир зейниң шынқобыздың тилиндей
Ел сынынан өтсең елиңиз сыйлар.
***
Амансыз ба, айдан арыў қурдаслар!
Суў бойынан гүллер терейин сизге.
Кемпир болмай турып шағлап қалыңлар,
Қурдаслық нәсият берейин сизге.
Не бар қәдир билер қурдастан жақсы!
Ҳәзиллесип болып сырласқан жақсы.
Ҳәр ким қурдасына тиси пәкидей,
Басқыласып ойнап, сыйласқан жақсы.
***
Сәлем, мақтанышлы қарындасларға!
Елимиздиң көрки қәлем қасларға.
Дийдарыңыз ишпей-жемей тойдырып,
Хызметиңиз қанат берер йошларға.
Бир бағда жүз әлўан гүллер өскендей,
Жигитлердиң жүрек баўырын кескендей,
Қарақалпақта небир даңқлы қызлар бар
Жулдызлар жылыслап жерге түскендей.
Әмиўдиң жулдызы даңқлы Айым бар,
Мақтанышлы қызлар аўыл сайын бар.
Елдиң даңқын жайған дүрданаларды
Тәриплеўден жалығар ма шайырлар!
Бириң салы егесиз Райгүл болып,
Бириң сүт саўасыз Оразгүл болып.
Бириң Фарида боп пәрман оқыйсыз,
Бириң ел бийлейсиз Бағдагүл болып.
Жай саласыз Марфа Бахина болып,
Алтын қолда гәўҳар сахина болып,
Советкина болып ҳәрип тересиз,
Ақ сазан аршыйсыз Нәбийра болып.
Бириң Пашша болып наўқан тутасыз,
Бириң Айша болып бала оқытасыз,
Бириң Тилеўбийке, Сапаргүл болып,
Халықтың ден саўлығын гүл жайнатасыз.
Пердегүл боп «көк корабль» айдайсыз,
Айтгүл болып халық кийимин сайлайсыз.
Рәўия болып илим қуўалап,
Сахнада Тамара болып сайрайсыз.
Ҳөнер мектебинде Кийик болдыңыз,
Хызметте айланған ийик болдыңыз,
Бир қосықта айтыў қыйын бәриңди,
Бири-бириңизден бийик болдыңыз...
***
Жаным қурбан сизге, анаханларым,
Апа-қарындасым, жеңгежанларым.
Ҳәр күниңиз толып ығбал заўқына,
Шадлық пенен атсын ҳәр бир таңларың.
Тәбәссум сөнбесин жүзлериңизден,
Ҳеш ўақ жас тамбасын көзлериңизден.
Халық айланар болсын мудам мақтанып,
Сизиң жүрип өткен излериңизден.
Бәҳәр таңларының самалы сизге,
Рәңбәрең гүллердиң жамалы сизге.
Айдын жолыңызға дәрья-дәрья нур,
Алтын дәўранлардың заманы сизге!
1975-ж.
Жаным қурбан сизге, анаханларым,
Ана-қарындасым, жеңгежанларым,
Ҳәр күниңиз толып ығбал заўқына,
Шадлық пенен атсын ҳәр бир таңларың.
Не тилек бар, – бәрин тилейин сизге,
Шайырлық гүллерин терейин сизге,
Ерлерге қыймаған қосықларымның
Бәрин жыйып – терип берейин сизге...
Адамзатқа жүрим берген анасаң,
Перзент ушын не отларға жаңасаң,
Қустың сүтин таўып бер деп сорасаң.
Таппасам да излеп келейин сизге!
Әлпешлейин ҳәрне сыйлайсаң десең,
Алтын-гүмислерге бөлейсең десең.
«Аналық ҳақымды төлейсең» десең,
Оның бәрин қәйтип төлейин сизге!?
Мийрими теңиздей, пейли даладай,
Даңқлы адам бар ма сирә анадай!
Адамзаттың ең уллысы Ильич те
Анасына бас ийипти баладай.
Мен қозғап нетейин тарийх таманын,
Өткенде бар еди зарлы заманың.
Уллы Ленин ығбалыңды жайнатып,
Гүл болып ашылды сулыў жамалың.
Гүлге түсип жаңа заман қуяшы,
Ай киби жаңарды қызлар санасы.
Теберикдур ол Жумагүл апаның
Аппақ шашларының ҳәр бир таласы.
Мийнет десе, сиз мәрдана болдыңыз,
Ақлы кәмил бир дурдана болдыңыз.
Коммунизм әўладларын өсирип,
Раҳмет, қаҳарман ана болдыңыз!
***
Амансаў барсыз ба, бәрна жеңгейлер!
Суў бойынан гүллер терейин сизге.
Шайыр жүрегине жерисең егер,
Геўдемнен суўырып берейин сизге...
Ағаларым жақсы, өзлериң жақсы,
Он төрттеги айдай жүзлериң жақсы,
Қәйинлериң басы қышып сүйкенсе,
Жуўаптан ушырған сөзлериң жақсы.
Шымбайда Амангүл, Төрткүлде Сара,
Ҳәр жеңгемниң орны дарама-дара,
Қызлардың баслығы Әлийма жеңгем,
Женсоветке түссең көреди шара...
Баслық болың десе Енежан болдың,
Сахнаға шық десе Айымхан болдың,
Санитар бол десе Сәлийма болып,
Жер жүзилик даңқлы сыйлықлар алдың.
Абысының жақсы, бийкешиң жақсы,
Таза кәйўаналық кеўлиңниң нақшы,
Үйге де, елге де теңдей жараныў,
Сизден келинлерге мийрас болмақшы.
***
Ҳармаң, қайненеси сүйген келинлер!
Таң самалы не деп сыбырлап кетти?
Базда мыйық тартса қаймақ еринлер,
Қайнағаңның мурты жыбырлап кетти...
Инилерим – ғошшақ, өзлериң дилбар,
Сизлерден шырайлы қайсындай гүл бар?
Илгир зейниң шынқобыздың тилиндей
Ел сынынан өтсең елиңиз сыйлар.
***
Амансыз ба, айдан арыў қурдаслар!
Суў бойынан гүллер терейин сизге.
Кемпир болмай турып шағлап қалыңлар,
Қурдаслық нәсият берейин сизге.
Не бар қәдир билер қурдастан жақсы!
Ҳәзиллесип болып сырласқан жақсы.
Ҳәр ким қурдасына тиси пәкидей,
Басқыласып ойнап, сыйласқан жақсы.
***
Сәлем, мақтанышлы қарындасларға!
Елимиздиң көрки қәлем қасларға.
Дийдарыңыз ишпей-жемей тойдырып,
Хызметиңиз қанат берер йошларға.
Бир бағда жүз әлўан гүллер өскендей,
Жигитлердиң жүрек баўырын кескендей,
Қарақалпақта небир даңқлы қызлар бар
Жулдызлар жылыслап жерге түскендей.
Әмиўдиң жулдызы даңқлы Айым бар,
Мақтанышлы қызлар аўыл сайын бар.
Елдиң даңқын жайған дүрданаларды
Тәриплеўден жалығар ма шайырлар!
Бириң салы егесиз Райгүл болып,
Бириң сүт саўасыз Оразгүл болып.
Бириң Фарида боп пәрман оқыйсыз,
Бириң ел бийлейсиз Бағдагүл болып.
Жай саласыз Марфа Бахина болып,
Алтын қолда гәўҳар сахина болып,
Советкина болып ҳәрип тересиз,
Ақ сазан аршыйсыз Нәбийра болып.
Бириң Пашша болып наўқан тутасыз,
Бириң Айша болып бала оқытасыз,
Бириң Тилеўбийке, Сапаргүл болып,
Халықтың ден саўлығын гүл жайнатасыз.
Пердегүл боп «көк корабль» айдайсыз,
Айтгүл болып халық кийимин сайлайсыз.
Рәўия болып илим қуўалап,
Сахнада Тамара болып сайрайсыз.
Ҳөнер мектебинде Кийик болдыңыз,
Хызметте айланған ийик болдыңыз,
Бир қосықта айтыў қыйын бәриңди,
Бири-бириңизден бийик болдыңыз...
***
Жаным қурбан сизге, анаханларым,
Апа-қарындасым, жеңгежанларым.
Ҳәр күниңиз толып ығбал заўқына,
Шадлық пенен атсын ҳәр бир таңларың.
Тәбәссум сөнбесин жүзлериңизден,
Ҳеш ўақ жас тамбасын көзлериңизден.
Халық айланар болсын мудам мақтанып,
Сизиң жүрип өткен излериңизден.
Бәҳәр таңларының самалы сизге,
Рәңбәрең гүллердиң жамалы сизге.
Айдын жолыңызға дәрья-дәрья нур,
Алтын дәўранлардың заманы сизге!
1975-ж.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: АННА КЕРНН АЛЛЕЯСЫНДА
Алдынғы бөлимге қайтыў: БИЗИҢ АЎЫЛДЫҢ ҚЫЗЫНА
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: