Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

БИЗИҢ АЎЫЛДЫҢ ҚЫЗЫНА (BÍZÍŃ AWILDIŃ QIZINA)

Саған көлдиң ақ қуў қусын
Мегзеткенин көп еситтим.
Тырналар өз отырысын
Сеннен алған деп еситтим.

Әрўаналар боталағына
Усатып көз көрисиңди,
Кийиклер өз ылағына
Үйретермиш жүрисиңди.

Тойда көрсем, ҳәмме сақый,
Жолларыңа шашар барын.
Исте көрсем, бир иләҳий
Музыкадай қыймылларың.

Айта берсем, журт алдында
Мақтаныўдай болып кетер,
Сен бәҳәрде шыққаныңда,
Шөллер гүлге толып кетер.

Төринде шөл далалардың
Ойнар еркин ақ мараллар!
Аш көз залым аңшылардың
Түслерине енер олар…

Сен ҳеш кимге берме ерик,
Умыт, жаным, баяғыңды.
Көкиректи сәл көтерип,
Тигирек бас аяғыңды.

Саған минәсип дөретип
Мәртлик, зейин саналарын,
Жигитлерди ғошшақ етип,
Туўар гөззал аналары.

Ишин күйдир сен олардың,
Наздан белиң сынып кетсин,
Менменсиген қалалардың
Көрип көзи тынып кетсин.

Билемен, жол алысына
Шығып, сыртқа бармағансаң.
Сулыўлардың жарысына
Түсип, «миссис» болмағансаң.

Бирақ, сендей арыў ушын
Неге дәркар ондай ермек?
Сени дүнья таныўы ушын
Маған жүйрик қәлем керек...

Сәл сабыр ет, еле мен де
Көркиңнен йош алып турып,
Салайын бир сүўретиңди,
Жер-жәҳәнға таныттырып.

Көрейин тап, сонда сениң
Даңқың көкти қушпағанын,
Даланың сум Демонының
Сени айланып ушпағанын.

Көрейин мен, сонда мақтап,
Сени дүнья сүймегенин,
Афродита албырақлап,
Кийимин тез киймегенин…



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ӘМИЎ ГҮЛЛЕРИНЕ
Алдынғы бөлимге қайтыў: АЙТ СЕН ӘЖИНИЯЗДЫН ҚОСЫҚЛАРЫНАН
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.