Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

АННА КЕРНН АЛЛЕЯСЫНДА (ANNA KERNN ALLEYaSINDA)

Аяйман өз аллеясында
Өз Аннасын көрмеген шайырды.
Ең болмаса бир заман қасында
Қолтықласып жүрмеген шайырды...

Тек бир заман! Соның өзи де
Жетер өмир бойы жаныўға.
Сол да жетер шайыр жүрегине
Жазылмастай жара салыўға.

Тек бир заман – бир ғана нәпес!
Өмирди қанша сүйе алса жүрек,
Усы нәпес – оның оқ жетпес
Асқар шыңы болыўы керек.

Сол жазғы түн – сол айдын ақшам,
Сол илаҳий гөззаллық пайты
Тәкирарланса екен қайтадан,
Келсе екен және бир қайтып.

О, қанша жыл шайыр қайталап,
Күтти сол бир әжайып мәўиртти,
Айралықлар тоңдырды. Бирақ,
Шайыр оны, шаршамай күтти.

Қарға омбалап ол келип жүрди
Жекке өскен емен қасына.
Жазда Сороть бетке телмирди
«Онегинниң скамьясынан».

Уйқысы келсе, жүрек жарасын
Бир қус келип шоқый баслады.
Излеп кетти Кернн аллеясын
Самал қағып буйра шашларын.

Ганнибалдың бийик липалары
Аспан менен тиллесип сондай,
«Мийримсизлик қылма» деп бәри,
Қудай менен айтысып турғандай.

Ал сум тәғдир өжет шайырдың
Аллеясын созды узаққа.
Ушырасыўдан оларды айырып,
Дуз-несибин шашты жән-жаққа.

Кетти узайып муҳаббат жолы,
Кетти шайыр жүрип бул жолдан.
Из қуўған бир жоқшыдай болып,
Өз үмитин күтти ол алдан.

Гейде атлы, гейде арбалы,
Базда пияда жамғырға жаўрап,
Қуўды шайыр, изден қалмады,
Кетти елден шығынып аўлақ.

Өтти аллея жат жағалардан,
Кавказ таўларына уласты.
Алыс қалмақ далаларынан
Қара теңиз бойына қашты.

Гә кеңейип, гейде тарылып,
Гә батып, гә шаңды суўырды.
Бахшасарай фонтанларының
Көз жаслары менен жуўылды.

Өтти аллея алтын сарайдың да
Паркетлери үстинен суўдырап.
Даңк, ҳәмири Николайдың да
Ирке алмады шайырды бирақ.

Патша ашыўдан түтигип кетти,
Шығарды да ғәзепли сестин,
Оқлап берип бир пистолетти,
Арқасынан қақты Дантестиң...

Қара дәрья бойында қарға,
Төгилгенде шайырдың қаны.
Жаралы мәрт муҳаббат сонда
Жатты сөнбей лапылдан жанып.

1969-ж.


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ВЕНЕРАНЫҢ СКУЛЬПТУРАСЫНА
Алдынғы бөлимге қайтыў: ӘМИЎ ГҮЛЛЕРИНЕ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.