Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

АҒАРТЫЎДЫҢ ЖЫЛ ҚУСЛАРЫНА (AǴARTIWDIŃ JIL QUSLARINA)

(Көрнекли педагог Жүмек Орынбаевтың алпыс жастағы мерекесине)
Сизлерди көргенде елдиң жаслары,
Кеўлинде бир уллы дәрья жағалар.
Ағартыўдың туңғыш қарлығашлары,
Жыл қусындай көзге ысық, ағалар!

Ҳүрмет – жасүлкенге, жоллар – жасларға,
Алдында ағасы болсын басларға,
Алпыстың қыраўы түсип шашларға,
Уллы тойға аман жеткен, ағалар.

Жаслар аттан түсип қолыңнан алар,
Журт жапырылып сыйлап, көрсе қуўанар,
Дарақта түп биреў, шақа мың болар,
Көп жеткиншек жетилдирген ағалар.

Аяғыңызда узақ жоллардың шаңы,
Көрип еки заман – еки дүньяны,
Халықты азат еткен октябрь таңы
Сизлерди гүресшең еткен, ағалар.

Көбиң балалықтан мәҳрүм болғансыз,
Қаршадайдан қайқы таяқ алғансыз.
Кимиңиз мал бағып, орақ орғансыз,
Әзелден ылайы пискен ағалар.

Бахытлы балалық болмай, сақ сынып,
Жаслай көрип бәрин жаман – жақсының,
Услап ошағынан қуўырдақшының,
Интернатқа берген сизди, ағалар.

Жаңа мектеп берип жаңа тәрбият,
Ҳүкимет асыраған атаңнан зият.
Аўдарыспақ таңы, гөззал ҳүррият
Теперишлеп шынықтырған ағалар.

Кими Сейфулғабийт, кимиси Қасым,
Жаңашыл урпақтың жәм етип басын,
Қағып-соғып мәденият арбасын,
Таза жолға салып берген ағалар.

Ескиликтиң қара түңлигин туўрап,
Жаңа әлип дүзип, хатты сулыўлап,
«Қаллаш латынлас!» деп ащы қыйқыўлап,
Таң азаннан сүренлеген ағалар.

Қызыл отаў тигип аўыл-жабанға,
Ликбез хат үйретип қара табанға,
Ленин нурын елге таратып таңда,
Қызыл гүрес гүли болған ағалар.

Бириң Қәлли, Нәжим, бириңиз Асан,
Әдебият жыйнап халықтың аўзынан,
Избасар қутылып қара қойлардан,
Кемликтиң кәмалын көрген ағалар.

Әбдираман журтты аўзына қаратып,
Сахна соғып таңның нурын таратып,
Жолмырзалар журтқа сөзин жаратып,
Жаңалықты дәстан еткен ағалар.

Бири Орынбаев, бири Досумов,
Жаңалықтың майданында йош урып,
Биразлары Шайдаковқа қосылып,
Жамайлық шайқасқа түскен ағалар.

Қалжан, Қурбангүллер, Жумагүл апа,
Қызларға бас болып шығып сахнаға,
«Оян қызлар» десе Генжебай аға,
Уйықлағанды оятқансыз, ағалар.

Жамайлық араны ашып жик болып,
Шақасы мың шайқалмастай түп болып,
Ким муғаллим, кими нәҳән «үп» болып,
Заманында журт сораған ағалар.

Ғаррылыққа жеңдирместен қасарып,
Қуўаныштан қара көзге жас алып,
Халқың менен қайта туўып жасарып,
Төрде жайнап отырсызлар, ағалар.

Қанша жаңа әўлад қатарға турса,
Қартаяр ма адам тең адым урса!
Жүмек аға шәкиртлерин шақырса,
Жарты республика оған «аға»лар.

Биз ушын кең сүрдеў салған жолыңыз,
Даңқ, атақ аямас сизден елиңиз,
Алдымызда узақ аман болыңыз,
Жыл қусындай қанат қаққан ағалар!

1965-ж.


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ШАЯН
Алдынғы бөлимге қайтыў: АҚ АЛТЫНДЫ АЛТЫН ҚОЛЛАР ЖАРАТАР
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.