Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ШАЯН (ShAYaN)

– Доктор, мениң балларымды өлтириўге ҳаялыма көмеклесиўиңизди сорайман. (Геббельстиң соңғы өтиниши)
Пәнжесинде азалы кейиптиң
Отырды ол салбырап басы.
Жер титиреткен Үшинши Рейхтиң
Батты әне қанлы қуяшы.
Ким ойлаған: тәғдир дегиши
Оның астын геўлеп аларын.
Кең дүньядан бир бункер иши
Бүгин оған тарлық қыларын!
Қайда сол бир даңқ – атақ, сыйлар,
Ийттей ерген изиңе сениң.
«Дүньяға тек жалғыз арийлар
Тутқа болсын» деген исеним?
О, ол усы исеним менен
Қанша йошлы, қанша күшли еди
Ақшам кетпей кабинетинен,
Уйқыдан да безип иследи.
Ол иследи, көп әрман етип
Тарийх ағысын терис бурыўды.
Москвадан фюрерди сөйлетип,
Қапталында өзи турыўды.
Москвадан фюрерди сөйлетип,
Соңынан бул өжет қаланы
Тегислетип, жер жексен етип,
Егип таслаў еди қыялы.
Фюрер қайда? Өзин өлтирген.
Енди сениң гезегиң келди.
Және бункер үстинде бирден
Рус зеңбереги жөтелди...
Свастика! Инсанға қарсы
Жаўызлықтың қара қурты ол.
Қәне енди қутылып қалшы,
Тар бункерден тысқа таўып жол.
«Бала – мениң жүрегим «жаным»
Дегенди ол көп айтар еди.
Алты перзент көрген атаны
Кимлер «жаўыз» деп айтар еди.
Балаларын сүйсе ҳәр киси
«Усындай ақ болар әлбетте».
Дачасында бир овчаркасы
Өлгенде ол жылаған ҳәтте...
Базда урыстан, концлагерден
Әкелинген фильмди көрип,
Әжел көрингендей қәбирден
Қорқар еди болса да «берик».
Өлген анасының мәммесин
Қармап жылар еди нәресте.
Балаларды шуўлатып, ҳәммесин,
Пешке тыққанлары бар есте.
Қоллары сол нәрестелердиң
Жағасынан алып атқандай.
Тум-тусынан бетон бункердиң
Май қуйып, от жағып атқандай.
Жаўызлықтан йошланған усы
Гөртышқандай кирттай жүрегин.
Адамзаттың уллы ғарғысы
Алқымына әкеп тиреди...
Еситерек бала гезлерде.
Сондай шаян болады десип:
Өзине қәўип туўылған жерде
Өз баласын шағады десип.
Сол айтқандай, шаянлық етти де,
Адамзатқа қарай алмады.
Өз балларын зәҳәрлетти де,
Өзиниң де басын жалмады...
Адам инсаплықтан кеткенде,
Инсан оған бермес қол ушын.
Жаўызлықты кәсип еткенге
Бул тарийхый сабақ ол ушын.

Ноябрь, 1975-жыл


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ХАЛҚАБАДТАН ҚАНША АДАМ КЕЛМЕДИ
Алдынғы бөлимге қайтыў: АҒАРТЫЎДЫҢ ЖЫЛ ҚУСЛАРЫНА
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.