ЕКИНШИ ЕСИК (EKÍNShÍ ESÍK)
Шөл ҳәм бостан мәңги өшлескен жерде,
Гүл ҳәм жуўсан қоңсы өскен өңирде
Адам жатырқамас үйим бар мениң.
Ҳәмме жерди көриў кисиге мәр ме!
«Жердиң түби ғой» деп қыйналып жүрме,
Шақырып мазаңды алмайын сениң.
Бирақ адам менен адам дусласар,
Ат баспайман деген жерин үш басар.
Нағайбыл дуз тартып келсең булманға,
Есигимди қағып, тартынып турма.
Дүзиў нийет пенен еркин келе бер,
Кел, қонағым, есик қақпай кире бер!
Үйге шақырыўсыз қонақ келгени,
Бул ҳәм азаматлық абырайың сениң,
Шақырмай келгени – Зейни илгени,
«Адам-адам ушын мийман» екенин.
Мениң де өзиңдей исим көп мүшкил,
Бир баста көп жумыс ирили-майдалы.
Лекин, қонақ күтиў – жумыс емес бул,
Бул мен ушын көркем өнер байрамы.
Қәстерлеймиз қонақтың қай-қайсысын,
Наўқан қурттай илле-пиллеге орап.
Жайлысын да көрдик,
Көрдик жайсызын,
Конақтың жаманын көрмедик бирақ.
Шақырыўсыз қонақ –
Биймиллет қонақ,
Кел, төрле, бирадар,
Азамат инсан!
Бир сулыў дүньяға болғайсаң инақ,
Бир әжайып есик ашайын саған...
Ол есиктен енсең, – уллы дәрьяның
Жағасында сени бир бостан күтер.
Алтын ойпатлықтың жипек самалы
Гүл ҳәм жуўсан ийисин аңкытып өтер.
Шексиз пахталықта ҳәр түп ғаўаша
Ғөрекке әнжамлап аппақ ықласын,
Саған инам етер бунда! Ямаса –
Бағлар шыққа жуўып тутар алмасын.
Күн бул жерде усар өзиңе толық.
Күн нурын, жер қурсын жәмлеп бойында,
Қаўын писер ширесине мәс болып,
Жүрсем деп қонақтың мудам ойында.
Мийман пайыз тапса зейинди ашып,
Еңбегимиз қайтып, жүзимиз жайнар.
Ақ тереклер аспан менен сырласып,
Шығыс бүлбиллери ышқында сайрар.
Мийнет заўқы менен атады таңлар,
Бунда исиң менен өлшенер нарқың.
Бунда қай намаға шертсең де жанлар,
Киси жатырқамас жайдары халқым.
Бизиң халықтың кеўлин қайсы бир гезде
Ҳеш қандай ҳүкимдар,
Ҳеш бир патша, хан –
Миймандослық деген дуўалы сөздей,
Билләҳий ҳеш жаўлап ала алмаған...
Хош мийманым,
Келмекте бол бул үйге,
Кешеги қонағым –
Бүгинги достым.
Дос арттырыў – ең бир уллы ғәзийне,
Раҳмет, ырысыма сен ырыс қостың.
Саў жүрсек, табарсаң бизди ҳәрдайым
Усы шөл ҳәм бостан аралығынан.
Саған унайма деп сорап неғлайын,
Суўым да, қырым да өзиме дәрман.
Бир жағым суў, бир жағым шөл болмаса,
Бейиш салып берсең де мен бармайман.
Гүл ҳәм жуўсан ийси аңқып турмаса,
Ол жерде мен қарақалпақ болмайман.
6-март, 1972-жыл
Гүл ҳәм жуўсан қоңсы өскен өңирде
Адам жатырқамас үйим бар мениң.
Ҳәмме жерди көриў кисиге мәр ме!
«Жердиң түби ғой» деп қыйналып жүрме,
Шақырып мазаңды алмайын сениң.
Бирақ адам менен адам дусласар,
Ат баспайман деген жерин үш басар.
Нағайбыл дуз тартып келсең булманға,
Есигимди қағып, тартынып турма.
Дүзиў нийет пенен еркин келе бер,
Кел, қонағым, есик қақпай кире бер!
Үйге шақырыўсыз қонақ келгени,
Бул ҳәм азаматлық абырайың сениң,
Шақырмай келгени – Зейни илгени,
«Адам-адам ушын мийман» екенин.
Мениң де өзиңдей исим көп мүшкил,
Бир баста көп жумыс ирили-майдалы.
Лекин, қонақ күтиў – жумыс емес бул,
Бул мен ушын көркем өнер байрамы.
Қәстерлеймиз қонақтың қай-қайсысын,
Наўқан қурттай илле-пиллеге орап.
Жайлысын да көрдик,
Көрдик жайсызын,
Конақтың жаманын көрмедик бирақ.
Шақырыўсыз қонақ –
Биймиллет қонақ,
Кел, төрле, бирадар,
Азамат инсан!
Бир сулыў дүньяға болғайсаң инақ,
Бир әжайып есик ашайын саған...
Ол есиктен енсең, – уллы дәрьяның
Жағасында сени бир бостан күтер.
Алтын ойпатлықтың жипек самалы
Гүл ҳәм жуўсан ийисин аңкытып өтер.
Шексиз пахталықта ҳәр түп ғаўаша
Ғөрекке әнжамлап аппақ ықласын,
Саған инам етер бунда! Ямаса –
Бағлар шыққа жуўып тутар алмасын.
Күн бул жерде усар өзиңе толық.
Күн нурын, жер қурсын жәмлеп бойында,
Қаўын писер ширесине мәс болып,
Жүрсем деп қонақтың мудам ойында.
Мийман пайыз тапса зейинди ашып,
Еңбегимиз қайтып, жүзимиз жайнар.
Ақ тереклер аспан менен сырласып,
Шығыс бүлбиллери ышқында сайрар.
Мийнет заўқы менен атады таңлар,
Бунда исиң менен өлшенер нарқың.
Бунда қай намаға шертсең де жанлар,
Киси жатырқамас жайдары халқым.
Бизиң халықтың кеўлин қайсы бир гезде
Ҳеш қандай ҳүкимдар,
Ҳеш бир патша, хан –
Миймандослық деген дуўалы сөздей,
Билләҳий ҳеш жаўлап ала алмаған...
Хош мийманым,
Келмекте бол бул үйге,
Кешеги қонағым –
Бүгинги достым.
Дос арттырыў – ең бир уллы ғәзийне,
Раҳмет, ырысыма сен ырыс қостың.
Саў жүрсек, табарсаң бизди ҳәрдайым
Усы шөл ҳәм бостан аралығынан.
Саған унайма деп сорап неғлайын,
Суўым да, қырым да өзиме дәрман.
Бир жағым суў, бир жағым шөл болмаса,
Бейиш салып берсең де мен бармайман.
Гүл ҳәм жуўсан ийси аңқып турмаса,
Ол жерде мен қарақалпақ болмайман.
6-март, 1972-жыл
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ХОРЕЗМГЕ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ЖӘНЕ ЖӘЙҲУН БОЛЫП АҚТЫҢ ДА КЕЛДИҢ
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: