Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ДӘЎРАНҒА МЕГЗЕР (DÁWRANǴA MEGZER)

Көзимниң рәўшаны пахтакеш халқым,
Сен десем тиллерим гояға мегзер,
Басқан қәдемиң гүл, қолларың алтын,
Кеўлиң қуяш нуры – зияға мегзер.

Жасартып әййемги Жәйҳун жағысын,
Пахтаның гүлинен салған нағысың,
Мийнет майданында йошып ағысың,
Бир мәўжирип аққан дәрьяға мегзер.

Тыңда дийқан бийдай нанға тойдырып,
Шөлде шарўа мал семизин сойдырып.
Сен дүньяға ҳасыл липас кийдирип,
Жасандырсаң жәҳән Зуҳраға мегзер.

Халық табысы тәрезини бассын деп,
Ўатан байып, ел абаданлассын деп.
Коммунизм молшылығы тассын деп,
Нийетиң бир бийик санаға мегзер.

Пахтакеш елимде дәўлет бақ тасып,
Жети ықлым таңлай қағар мақтасып,
Өзбекстанымның терген пахтасы
Қар жамылған бәлент қыяға мегзер.

Сәлем карақалпақ, зәбердес елим,
Әмиў жағасында ырғалған гүлим,
Мәканым, ырысым, илҳамым мениң,
Кеўлиң – ақ, қалпағың қараға мегзер.

Пахта – егинлердиң шаҳы-султаны,
Пахта – абаданлық турмыс кәрўаны,
Халқымның пахтадан сүрген дәўраны
Жәмшид суре алмаған дәўранға мегзер.

Лекин, өз-өзинен келмес бул дәўран,
Мийнет майданында урмасаң жәўлан,
Фарҳад арна қазса тас қашап таўдан,
Ол ҳәм сеннен тәлим алғанға мегзер.

Қурылтай шақырып Ташкент, Нөкисте,
Ертеден әнжамын көрип егисте,
Уллы табыс ушын халық минип күшке,
Билек сыбанысы палўанға мегзер.

Ким сейислей билсе дойнақ соныки,
Келер жай тасындай жайнап соныки,
Ким қарыўлы болса байрақ соныки,
Әззилерден тартып алғанға мегзер.

Халқым, сениң мийнет сүйгишлигиңди,
Терең сөз мәнисин илгишлигиңди,
Жердиң тамырын услап билгишлигиңди
Айтсам Әбу Сина – Луқманға мегзер.

Жақсы нийет пенен сен шигит салып,
Кеўлиңдей сарраслап жарасаң қарық,
Мийрим суўы менен жазлай суўғарып,
Гүзиң жерге жулдыз жайғанға мегзер.

Ҳәр еккен шигитиң бир түп ғаўаша,
Ғаўаша ма, ақ алтын ба ямаса,
Жазда терлегенниң гүзи тамаша,
Ҳәр қамтымы қызыл шырўанға мегзер.

Даңқ пахтакеш халқым, тассын қырманың
Нурдай таза азаматлық ҳүжданың.
Жердиң тилин билген ҳәр бир дийханың
Алым академик данаға мегзер.

Баз биреў өз жүгин өткерсе ҳесап,
Бирден сылқа түсер буўыны босап,
Ушардан оқ жеген сүйлинге усап,
Қәпелимде сарқып, бийғамға мегзер.

План бежердик деп баз бир мәртлерим,
Қоздырар кисиниң гөне дәртлерин.
Умытқанлар миннетлеме шәртлерин,
Ат көрип аяғы талғанға мегзер.

Халқым, табыс сазын жаңлат жаңадан,
Турмыс және көркли, және абадан,
Ғәзийнеси артып, шадлансын Ўатан,
Ўатан – ақ сүт берген анаға мегзер.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ЖӘНЕ ЖӘЙҲУН БОЛЫП АҚТЫҢ ДА КЕЛДИҢ
Алдынғы бөлимге қайтыў: СЕКРЕТАРЬ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.