Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

СЕКРЕТАРЬ (SEKRETAR)

Нәўпир суў сағасы таўлардан келер,
Бәлент шыңда болар бүркит уясы...
Ел басқарыў иси ол бийик ҳөнер,
Бар оның дипломсыз академиясы.

Үлкен оркестрди басқарып турған
Дирижер бир тынбай сермелер қолын.
Шыбығының ушында саз мәўиж урған,
Мың тар гүңирер бир Бетховен болып.

Сол сырлы шыбықтың мәнисин билмеген
«Аңсат талап ғой» деп айтысар оны.
Ал ол арпалысар бир даўыл менен,
Сезер сыңсып кеткен жалған нотаны...

Ел сыйлар басшыны «яшулымыз» деп,
Басшыдан айбынып қосшы албырар.
«Жалған нота шертип қойғанлар» терлеп,
Бюро алдында турып басы салбырар.

Соған қарап көплер «үлкейген ҳәз» дер,
Биразлар бийликти етеди ҳәўес.
«Монамахтың бөркин» кийиўди гөзлер,
Оның аўыр кийим екенин билмес.

Болғысы келгенлер көп.
Бирақ, партия –
Бес саўсақтай билер өз солдатларын.
Елди бийлеп ерте билиў артыңа, –
Шерте билиў демек жүректиң тарын.

Көремиз биз оны қурылыс басында,
Аўыл жолларында ҳәм минберлерде,
Жыйнақлы кабинетте – исханасында,
Үлкен мәселелер қаралған жерде.

Оны күтиўши көп сеннен басқа да,
Жумыс күни бир суткаға сыймайды.
«Ел тәғдири» деген үлкен машқала,
Бес телефон болып бирден шырлайды.

Бирди мыңға үлги етеди серлеп,
Базда ийни келсе қызып та алар,
Аса шешен де емес.
Базда кең сермеп,
Регламентин өзи созып та алар.

Бирақ гигант қурылыс ҳәм атыз жақта
Қызған уллы халықлық мийнет йошынан
Руҳланып турып сөйлеген ўақта
Цицерон болып тыңлатар саған.

Қолтығыңа питкен ушқыр қанаттай,
Мәўжиртип тәртқандай баслы наманы,
Дүбир сезип турған ертлеўли аттай,
Алдыңа тартар ол бас идеяны.

Сен атланып және шығасаң жолға ..
Ол билер: ҳәзирги ўақта адамлар
Исин баҳаласаң басады алға,
Хошемет буйрықтан өтимли болар.

Ол билер: көп көрген билимдан дарға
Кемени қайырлатпай таяў басқанын.
Шет аўылдан келген пиядаларға
Ильич қәйтип күлип есик ашқанын...

Басқарыў ҳәм талант.
Жолын уққансыз,
Арнап туўылмасаңыз да анадан.
Сыннан өтип, сиз ысылып шыкқансыз
Ленин ашып кеткен устаханадан.

Ҳәммеге теп-тегис жағыў – қыйын ис,
Бирақ халыққа унаў – ең баслы мақсет.
Басшының ҳәр тапқыр сөзи берер күш,
Жақсы басшы – елге абырай, дәўлет.

Сиз ҳәм инженери адам жанының,
Державамның омыраўлы баллары, –
Коммунистлик қурылыс фронтларының,
Ҳармаң, сиз саўлатлы генераллары!

Тилеймен сизлерге бүркит пәрўазын,
Ленинлик парасат, зейин тилеймен.
Уллы планлардың шынлық салмағын
Көтергендей мықлы ийин тилеймен!

1974-жыл, Сентябрь


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ДӘЎРАНҒА МЕГЗЕР
Алдынғы бөлимге қайтыў: МЕН ПАХТАКЕШ ХАЛЫҚПАН
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.