МЕН ПАХТАКЕШ ХАЛЫҚПАН (MEN PAXTAKESh XALIQPAN)
Даңқлы мийнет нуры тамып жүзинен,
Өз кәсибин жер жаҳанға танытқан,
Қандай халықсаң деп сораса өзимнен,
Айтар едим: – «Мен пахтакеш халықпан!»
Мен не дейин сизге пахтам ҳакқында,
«Ақ алтын» деп журт ат қойған ўақтында
Пахтаң сениң алтыннан да зыят деп,
Яшуллының өзи айтты жақында...
Хызмет етсем елди сүйиндиремен,
Ақ алтынды таўдаў үйилдиремен.
Мен дүньяны жас келиндей жасартып,
Ҳасыл лифас пенен кийиндиремен.
Пахта ҳаққында сөйлесең де узақ күн,
Жалықпайды адамлары биз жақтың,
Мен пахтадан кем сүймеймен бирақта,
Миллиардларын украин, қазақтың.
Ақ алтын бул мениң ырыс булағым,
Абырайым, наным, бәйгим, ылағым,
Шынын айтсам, Аббаз шайыр айтқандай.
«Пахта!» десе ербеңлейди қулағым.
Мениң қолым жерге жыллы тийеди,
Жер де мени өз ийем деп сүйеди.
Ана топырақ ықласымды баҳалап,
Шигит ексем, алтын болып ийеди.
Мен пахтадан даңқ алып, май шайнайман,
Жатсам-турсам пахта ғамын ойлайман.
Мен қызларға сырға соққан зергердей,
Ҳәр түбине алтын ғорек байлайман.
Қаршы менен Қарақумды қазғанман,
Мырзашөлдиң мәңги уйқысын бузғанман.
Заман ушын мен анкета толтырсам,
«Пахтакешпен» деп мақтанып жазғанман.
Ҳәзир маған пүткил дүнья түсинди,
Тәбият та мойынлайды күшимди,
Мәмлекетим, ҳүкиметим, бәри де
Қуўатлайды мениң даңқлы исимди.
Маған уллы ҳүрмет қылар Москвам,
Орал полат қуйып береди мудам,
Машиналар ислеп оннан Ташсельмаш,
Грузин шай демлеп тутады маған.
Пахта десе қуяш жайнап шығады,
Пахта десе суўлар шөлге ағады,
Шайырларым пахта десе йошланып,
Журт таппаған сөз маржанын табады.
Мен қуяш мәканы Өзбекстанман,
Жер жаҳанға даңқы түскен бостанман
Мен пахтакеш деген уллы кәсипти
Космос бийигине алып ушқанман!
Мен қайнар нәпесли Туркменстанман,
Миллион тоннам менен үлес қосқанман
Пахташылық айдымларын гилемге
Ғайрынағыс ойып жазған дәстанман.
Мен Памирдиң мәрти – Тәжикстанман,
Талай данқлы табыс жолын ашқанман.
Пахташылық даңқын жайып әлемге,
Нурек болып қуяштай нур шашқанман.
Мен атақлы ақ қалпақлы қырғызбан,
Алатаўда жарқыраған жулдызбан.
Пахта десе Тоқтағулдай йошланып,
Мийнет сүйгиш Манасларды туўғызған.
Мен айтыўлы Шымкентимен казақтың,
Әтирапым ақ бийдайлы узақ тың.
Пахта десе Балхаш болып балқыйман,
Афорт алма болып писип шалқыйман.
Кәсиби көбейип, қолы узарған,
Мен нефтши Азербайжан – хазарман.
Мен Кавказға қадап пахта байрағын,
Пахта даңқын таўға ойып жазарман.
Катарымнан қалмайын деп қыстанған,
Мен Хорезм, Қарақалпақстанман.
Ең қыйын, ең салқын жерди жибитип,
«Еллик»тей шөллердиң сырын ашқанман.
Айтшы достым, қай жулдызға ушасаң?
Жолларыңды ақ липасқа бөлейин,
Ай ҳәм Жердиң арасына келеплеп,
Үзилмейтин өрмек қурып берейин.
Ақ алтынға белейин кең аймақты,
Раҳмет айтып сиздей ул-қызға.
Пахтамнан тоқылған қызыл байрақты
Тик апарып желбиретип жулдызға!
1974-ж. октябрь.
Өз кәсибин жер жаҳанға танытқан,
Қандай халықсаң деп сораса өзимнен,
Айтар едим: – «Мен пахтакеш халықпан!»
Мен не дейин сизге пахтам ҳакқында,
«Ақ алтын» деп журт ат қойған ўақтында
Пахтаң сениң алтыннан да зыят деп,
Яшуллының өзи айтты жақында...
Хызмет етсем елди сүйиндиремен,
Ақ алтынды таўдаў үйилдиремен.
Мен дүньяны жас келиндей жасартып,
Ҳасыл лифас пенен кийиндиремен.
Пахта ҳаққында сөйлесең де узақ күн,
Жалықпайды адамлары биз жақтың,
Мен пахтадан кем сүймеймен бирақта,
Миллиардларын украин, қазақтың.
Ақ алтын бул мениң ырыс булағым,
Абырайым, наным, бәйгим, ылағым,
Шынын айтсам, Аббаз шайыр айтқандай.
«Пахта!» десе ербеңлейди қулағым.
Мениң қолым жерге жыллы тийеди,
Жер де мени өз ийем деп сүйеди.
Ана топырақ ықласымды баҳалап,
Шигит ексем, алтын болып ийеди.
Мен пахтадан даңқ алып, май шайнайман,
Жатсам-турсам пахта ғамын ойлайман.
Мен қызларға сырға соққан зергердей,
Ҳәр түбине алтын ғорек байлайман.
Қаршы менен Қарақумды қазғанман,
Мырзашөлдиң мәңги уйқысын бузғанман.
Заман ушын мен анкета толтырсам,
«Пахтакешпен» деп мақтанып жазғанман.
Ҳәзир маған пүткил дүнья түсинди,
Тәбият та мойынлайды күшимди,
Мәмлекетим, ҳүкиметим, бәри де
Қуўатлайды мениң даңқлы исимди.
Маған уллы ҳүрмет қылар Москвам,
Орал полат қуйып береди мудам,
Машиналар ислеп оннан Ташсельмаш,
Грузин шай демлеп тутады маған.
Пахта десе қуяш жайнап шығады,
Пахта десе суўлар шөлге ағады,
Шайырларым пахта десе йошланып,
Журт таппаған сөз маржанын табады.
Мен қуяш мәканы Өзбекстанман,
Жер жаҳанға даңқы түскен бостанман
Мен пахтакеш деген уллы кәсипти
Космос бийигине алып ушқанман!
Мен қайнар нәпесли Туркменстанман,
Миллион тоннам менен үлес қосқанман
Пахташылық айдымларын гилемге
Ғайрынағыс ойып жазған дәстанман.
Мен Памирдиң мәрти – Тәжикстанман,
Талай данқлы табыс жолын ашқанман.
Пахташылық даңқын жайып әлемге,
Нурек болып қуяштай нур шашқанман.
Мен атақлы ақ қалпақлы қырғызбан,
Алатаўда жарқыраған жулдызбан.
Пахта десе Тоқтағулдай йошланып,
Мийнет сүйгиш Манасларды туўғызған.
Мен айтыўлы Шымкентимен казақтың,
Әтирапым ақ бийдайлы узақ тың.
Пахта десе Балхаш болып балқыйман,
Афорт алма болып писип шалқыйман.
Кәсиби көбейип, қолы узарған,
Мен нефтши Азербайжан – хазарман.
Мен Кавказға қадап пахта байрағын,
Пахта даңқын таўға ойып жазарман.
Катарымнан қалмайын деп қыстанған,
Мен Хорезм, Қарақалпақстанман.
Ең қыйын, ең салқын жерди жибитип,
«Еллик»тей шөллердиң сырын ашқанман.
Айтшы достым, қай жулдызға ушасаң?
Жолларыңды ақ липасқа бөлейин,
Ай ҳәм Жердиң арасына келеплеп,
Үзилмейтин өрмек қурып берейин.
Ақ алтынға белейин кең аймақты,
Раҳмет айтып сиздей ул-қызға.
Пахтамнан тоқылған қызыл байрақты
Тик апарып желбиретип жулдызға!
1974-ж. октябрь.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: СЕКРЕТАРЬ
Алдынғы бөлимге қайтыў: БИЛИМ БУЛАҒЫ
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: