БИЛИМ БУЛАҒЫ (BÍLÍM BULAǴI)
(Нөкис Мәмлекетлик университетиниң ашылыў салтанатында оқылған қосық. 31-август, 1976-жыл)
Бүгин, дослар, қарақалпақ елинде
Журт айта жүргендей байрам болажақ.
Бир әжайып булақ шығып жеримде,
Суўын ишпегенге әрман болажақ.
Әмиўдиң суўлары жан берсе жерге,
Бул булақ руҳый қан берер елге.
Халқым, қутлы болсын бул алтын ирге,
Билим менен сүрер дәўран болажақ.
Ленин талиматы шамшырақ жағып,
Космослық билимниң булағы ағып,
Адам ай өңирине значок тағып,
Алыс жулдызларға мийман болажақ.
Мың алғыс данышпан партиямызға,
Мәртебемиз мегзер бәлент жулдызға.
Бул булақтан ишкен мың сан ул-қызға
Ығбал-несибелер молдан болажақ.
Уллы рус ағам қушағын ашып,
Анам Өзбекстан баўырына басып,
Ленинлик дослықтың күни нур шашып,
Дәўранлар үстине дәўран болажақ.
Жүреклер шәўкилдеп шадлыққа толып,
Заман алға кетти, ел абад болып.
Бируний бабамның руўҳы шад болып,
Илим дарақлары нәрўан болажақ.
Машақатлы билим соқпағын басып,
Келер жаңа әўлад дәрьядай тасып,
Бул булақтан ишкен дийқан баласы
Халқымның дәртине дәрман болажақ.
Нур орнап пахтамның ханаларында,
Ақ салы майысқан далаларымда,
Жаңарған Жәйҳунның жағаларында
Бул булақтан бәлент қырман болажақ.
Билимли ел тулпар шығып мыңлардан,
Алтын жуўып алар Қызыл қумлардан.
Еллик, Жамбас қала яңлы тыңларда
Жуўсанлы далалар гүлшан болажақ.
Пахта шанағында ақ алтын уйып,
Бағлар мол жемистен шақасын ийип,
Сибирьдиң суўлары Аралға қуйып,
Үстүрт саҳралары бостан болажақ.
Бул булақтан ишкен жаслар қунт пенен,
Менделеев соққан сырлы гилт пенен
Шөллер ғәзийнесин ашып күтпеген,
Уллы Ўатанына инам қылажақ.
Ҳәр аўылдан даңқлы илимпаз шығып,
Жаңа Бердақ пенен Әжинияз шығып,
Жаңа Қаныш, жаңа Қарынияз шығып,
Ҳәр үйде бир ҳәким Луқман болажақ.
Сәлем, жана әўлад Одиссейлери,
Даламның болажақ Галилейлери!
Илим дүньясының пидәкерлери
Тәбият сырына ҳәмдам болажақ.
Сырлы ҳикметлердиң уллы мектеби,
Сәлем, Королевлар келешектеги!
Қарақалпақтың жаңа Улығбеклери
Жулдыз сәўбетине әнжам болажақ.
Бул булақтан ишиў несип еткенлер,
Билим шыңларына қолы жеткенлер.
Биздей ертеректе оқып кеткенлер,
Бүгин көзи қызып, ҳайран болажақ...
Өрлеп жаңа дәўран шыңына қарай,
Заманымыз қосар шырайға шырай.
Биз тасын қалаған бул мәрмер сарай
Жаңа жулдызларға аспан болажақ.
Қара қалпағымды алып қолыма,
Бас ийемен уллы Ленин жолына.
Коммунизм орнап Әмиў бойына,
Заман бир әжайып заман болажақ.
Август, 1976-ж.
Бүгин, дослар, қарақалпақ елинде
Журт айта жүргендей байрам болажақ.
Бир әжайып булақ шығып жеримде,
Суўын ишпегенге әрман болажақ.
Әмиўдиң суўлары жан берсе жерге,
Бул булақ руҳый қан берер елге.
Халқым, қутлы болсын бул алтын ирге,
Билим менен сүрер дәўран болажақ.
Ленин талиматы шамшырақ жағып,
Космослық билимниң булағы ағып,
Адам ай өңирине значок тағып,
Алыс жулдызларға мийман болажақ.
Мың алғыс данышпан партиямызға,
Мәртебемиз мегзер бәлент жулдызға.
Бул булақтан ишкен мың сан ул-қызға
Ығбал-несибелер молдан болажақ.
Уллы рус ағам қушағын ашып,
Анам Өзбекстан баўырына басып,
Ленинлик дослықтың күни нур шашып,
Дәўранлар үстине дәўран болажақ.
Жүреклер шәўкилдеп шадлыққа толып,
Заман алға кетти, ел абад болып.
Бируний бабамның руўҳы шад болып,
Илим дарақлары нәрўан болажақ.
Машақатлы билим соқпағын басып,
Келер жаңа әўлад дәрьядай тасып,
Бул булақтан ишкен дийқан баласы
Халқымның дәртине дәрман болажақ.
Нур орнап пахтамның ханаларында,
Ақ салы майысқан далаларымда,
Жаңарған Жәйҳунның жағаларында
Бул булақтан бәлент қырман болажақ.
Билимли ел тулпар шығып мыңлардан,
Алтын жуўып алар Қызыл қумлардан.
Еллик, Жамбас қала яңлы тыңларда
Жуўсанлы далалар гүлшан болажақ.
Пахта шанағында ақ алтын уйып,
Бағлар мол жемистен шақасын ийип,
Сибирьдиң суўлары Аралға қуйып,
Үстүрт саҳралары бостан болажақ.
Бул булақтан ишкен жаслар қунт пенен,
Менделеев соққан сырлы гилт пенен
Шөллер ғәзийнесин ашып күтпеген,
Уллы Ўатанына инам қылажақ.
Ҳәр аўылдан даңқлы илимпаз шығып,
Жаңа Бердақ пенен Әжинияз шығып,
Жаңа Қаныш, жаңа Қарынияз шығып,
Ҳәр үйде бир ҳәким Луқман болажақ.
Сәлем, жана әўлад Одиссейлери,
Даламның болажақ Галилейлери!
Илим дүньясының пидәкерлери
Тәбият сырына ҳәмдам болажақ.
Сырлы ҳикметлердиң уллы мектеби,
Сәлем, Королевлар келешектеги!
Қарақалпақтың жаңа Улығбеклери
Жулдыз сәўбетине әнжам болажақ.
Бул булақтан ишиў несип еткенлер,
Билим шыңларына қолы жеткенлер.
Биздей ертеректе оқып кеткенлер,
Бүгин көзи қызып, ҳайран болажақ...
Өрлеп жаңа дәўран шыңына қарай,
Заманымыз қосар шырайға шырай.
Биз тасын қалаған бул мәрмер сарай
Жаңа жулдызларға аспан болажақ.
Қара қалпағымды алып қолыма,
Бас ийемен уллы Ленин жолына.
Коммунизм орнап Әмиў бойына,
Заман бир әжайып заман болажақ.
Август, 1976-ж.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: МЕН ПАХТАКЕШ ХАЛЫҚПАН
Алдынғы бөлимге қайтыў: ӘМИЎДИ АТЛАҒАН ЖОЛЛАРЫҢ СЕНИҢ
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: