ӘМИЎДИ АТЛАҒАН ЖОЛЛАРЫҢ СЕНИҢ (ÁMÍWDÍ ATLAǴAN JOLLARIŃ SENÍŃ)
(21-декабрь 1974-жыл Нөкиске биринши поезд келгендеги митингде оқылған қосық)
Бахтыңның булағы бурқып сағадан,
Күн-күннен узайған қолларың сениң.
Нөкисиме қут дарытар жаңадан
Әмиўди атлаған жолларың сениң.
Уллы ырыс бар усы жолдың өзинде,
Туўры сарраслық бар басқан изиңде,
«Жүриң, апарайын коммунизмге».
Деп шақырып турар жолларың сениң.
Көп заманлар кешти жолы тар болып,
Көпири пүтин арба жолға зар болып,
Енди не тилесең бәри бар болып,
Дүньяға тутасты жолларың сениң.
Ел бийкарға ертек ядлаған емес.
Ата-баба босқа датлаған емес,
Дәрьяны ҳеш дүлдил атлаған емес,
Дәрьяны атлаған жолларың сениң.
Анам Өзбекстан – алтын дәўраным,
Ташкенттен жоллап тур қутлы кәрўанын,
Шағла қарақалпақ, питип әрманың,
Мудам ғурғынласар ҳалларың сениң.
«Бейнеў–Коңыратқа» шықсаң жағалап,
Азаў қазақ ағайинди аралап,
Арқадан, қубладан танабын орап,
Мәскеўден төтелер жолларың сениң.
Бул жол бизиң әрманымыз әсирлик,
Кәрўан келсе жүгимиз көп тасырлық,
Тақыятас тарнаўынан асырылып,
Жәйҳүнди атлаған жолларың сениң.
Бул жол халықтың күткен дәркарлық жолы,
Партияның уллы ғамхорлық жолы,
Абаданлық шадлы дәўранға толы,
Шын дослықтың жолы-жолларың сениң.
Бул жолды салғанның қолы гүл болсын,
Халқым, ырыс-несибең және мол болсын,
Бул темир жол емес, алтын жол болсын.
Қутлы болсын жаңа жолларың сениң!
Декабрь, 1974 ж.
Бахтыңның булағы бурқып сағадан,
Күн-күннен узайған қолларың сениң.
Нөкисиме қут дарытар жаңадан
Әмиўди атлаған жолларың сениң.
Уллы ырыс бар усы жолдың өзинде,
Туўры сарраслық бар басқан изиңде,
«Жүриң, апарайын коммунизмге».
Деп шақырып турар жолларың сениң.
Көп заманлар кешти жолы тар болып,
Көпири пүтин арба жолға зар болып,
Енди не тилесең бәри бар болып,
Дүньяға тутасты жолларың сениң.
Ел бийкарға ертек ядлаған емес.
Ата-баба босқа датлаған емес,
Дәрьяны ҳеш дүлдил атлаған емес,
Дәрьяны атлаған жолларың сениң.
Анам Өзбекстан – алтын дәўраным,
Ташкенттен жоллап тур қутлы кәрўанын,
Шағла қарақалпақ, питип әрманың,
Мудам ғурғынласар ҳалларың сениң.
«Бейнеў–Коңыратқа» шықсаң жағалап,
Азаў қазақ ағайинди аралап,
Арқадан, қубладан танабын орап,
Мәскеўден төтелер жолларың сениң.
Бул жол бизиң әрманымыз әсирлик,
Кәрўан келсе жүгимиз көп тасырлық,
Тақыятас тарнаўынан асырылып,
Жәйҳүнди атлаған жолларың сениң.
Бул жол халықтың күткен дәркарлық жолы,
Партияның уллы ғамхорлық жолы,
Абаданлық шадлы дәўранға толы,
Шын дослықтың жолы-жолларың сениң.
Бул жолды салғанның қолы гүл болсын,
Халқым, ырыс-несибең және мол болсын,
Бул темир жол емес, алтын жол болсын.
Қутлы болсын жаңа жолларың сениң!
Декабрь, 1974 ж.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: БИЛИМ БУЛАҒЫ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ТУЎЫСҚАНЛЫҚ
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: