Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ТУЎЫСҚАНЛЫҚ (TUWISQANLIQ)

Тарийхларға гуўалы сөз,
Ҳәр бир дәртке даўалы сөз,
Кийели сөз, дуўалы сөз:
«Туўысқанлық, туўысқанлық!»

Ар-намыс, ҳүжданы шерик,
Малы менен жаны шерик,
Тамырында қаны шерик,
Ханаласлы туўысқанлық.

Бир ошаққа от жақтырған,
Бир жайлаўда мал бақтырған,
Той, лазымға ат шаптырған
Ғарға тамыр туўысқанлық.

Бир тандырға нан жаптырған,
Мүтәж затыңды таптырған,
Биймезгил есик қақтырған
Туўысқанлық, туўысқанлық.

Уллы рус баўырманым,
Алған истиң аўырмалын.
Асқар таўым, мениң жаным
Айбатлы сөз туўысқанлық.

Жаңа әўлады Бердақлардың
Тарас даңқын ардақлар дым.
Бахтын қарақалпақлардың
Бәлент еткен туўысқанлық.

Өзбекти өз ағам еткен,
Уллы бахыт инам еткен,
Бир қазанда ас демлеткен
Баўыр басқан туўысқанлық.

Суўымды сағалас еткен,
Елимди аралас еткен,
Түркменге намалас еткен
Ғардашы көп туўысқанлық.

Қазақларға тай сойғызған,
Қырғызларға қой сойғызған,
Үй тиктирип, бас қойғызған
Туўысқанлык, туўысқанлық.

Ленин жаңадан күш берген,
Жайлаўға кең өрис берген,
Алып өткен жеңислерден
Қүдиретли күш туўысқанлық.

Асылғанда жаў жағадан,
Шақырғанда ана – Ўатан,
Туўылғандай бир анадан,
Жаўға шапқан туўысқанлық.

Жер қозғалып, болса апат,
Шәҳәрлерди қылса опат.
Жаңа Ташкент болып абат,
Қала салған туўысқанлық,

Дәрьяны дәрьяға қосқан,
Космостың түңлигин ашқан,
Бир семья аўқамласқан,
Мәңги жаса, туўысқанлық!

1972-ж.


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ӘМИЎДИ АТЛАҒАН ЖОЛЛАРЫҢ СЕНИҢ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ЖАҢА ЖЫЛ ТИЛЕКЛЕРИ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.