Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ЖАҢА ЖЫЛ ТИЛЕКЛЕРИ (JAŃA JIL TÍLEKLERÍ)

Жаңа жылдың босағасын атларда,
Нелер түсип, нелер түспес ядларға!
Былтыр еситкенди, быйыл көз көрер,
Дүнья жақсылыққа қарай өзгерер,
Бир жыл – уллы қурылыс ел өмиринде,
Жаңа алтын таўы – жер өңиринде,
Адам өмиринде бир жыл дегениң
Бурқытып жумсаған ғәзийнең сениң.
Жыл басында көп шәртке қол қойғансаң,
Ҳәм үш жүз алпыс бес гәўҳар алғансаң.
Соны «кирис», «шығыс» қылыўды санап,
Жыл соңында сеннен етеди талап,
Суммасын сен сол бийҳесап бюджеттиң,
Қәне қандай иске ғәрежет еттиң?
БАМның қурылысына үлес қостың ба,
КамАЗ қурып я космосқа уштың ба?
Көпир болып уллы тарнаўдың үсти,
Қостың ба я «Тахиятас – Нөкисти»?
Мол пахта базасын дүзип Елликте,
Газ аштың ба Үстирттеги шөлликте?
Я сүздиң бе сары алтынның қырманын,
Бас саны көбейип, өстиме малың?
Я балық сүздиң бе Арал теңизде,
Жүрдиң бе я мағлыўматта ен изде?
Республика юбилейи алдында,
Нөкистен мәрмерлеп сарай салдың ба?
Я бир канал, я коллектор қаздың ба,
Илим куўып яки китап жаздың ба?
«Сапалы ис» деген жарлық алдың ба?
Яки тәлли-пәлли жумыс қылдың ба?
Бир жыллық сол ҳасыл капиталды сен
Жумсадың қайсындай «айланыс» пенен?
„Счетыңа" түскен сол сумма қайда,
Планнан тыс қанша түсирдиң пайда?
Жалған акт жасап, сол көп дәўлеттиң
Қаншасын оң-солға исирап еттиң?
«Дебет», «Кредетиң» қайсындай ҳалда?
Есап-шот қыласаң ҳүждан алдында.
Ҳәр жыл жуўмағында Жәмийет ағаң
Соған қарап баҳа береди саған...
Бул сөз – жекке-жарым адам ушын тек,
Халқым, бул сөзимди сен көрме әнтек.
Сен өмирдиң қәдир-қунын билесең,
Ҳәр күниңе жыл мазмунын бересең,
Саған өз хызметин арнаған адам,
Даңқ ҳәм абырайға бөленер мудам,
Уллы азаматлық табысың менен,
Жылды жуўмақладың, тойла енди сен!
Жаңа жылды қарсы алайық қатырып,
Кетсин шампан тығынлары атылып,
Гүллердей долансын Ўатан қызлары,
Жаңласын бахыттың қосық-сазлары.
Жас баҳадыр Жаңа жылды Қарбаба
Сахнаға жетелеп шығар алдыңда
Уллы семья – кең столды айналып,
Бахыт кәсаларын қолларға алып,
Жана үмит пенен шәўкилдеп жүрек.
Тилейик ең жақсы, ең сулыў тилек:
Дүньяға – тынышлық ҳәмде парасат,
Жоқ болсын ғаўғалы урыс-арасат!
Дослар жыламасын, душпан күлмесин.
Шөлде жуўсан емес, бағлар гуллесин.
«Байқоңыр-Ай» турист жолы ашылып,
Жулдызлар космоста жатсын шашылып.
Бултлар биз айдаған жақларға көшсин,
Буўдай шөрек болып атызда өссин.
Бүлбил ашықларға уйқы бермесин,
Ҳәр үйде аналар бесик тербесин.
Ағашлар мийўаға байып жығылсын,
Баллар шоколадқа тайып жығылсын,
Жаңа жылды қарсы алайық қатырып,
Кетсин шампан тығынлары атылып!

1974-жыл, декабрь.


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ТУЎЫСҚАНЛЫҚ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ЗАМАНЫНАН КЕШ ТУЎЫЛҒАН АДАМЛАР
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.