ЗАМАНЫНАН КЕШ ТУЎЫЛҒАН АДАМЛАР (ZAMANINAN KESh TUWILǴAN ADAMLAR)
Заманынан кеш туўылған адамлар,
Мен аяйман сизлерди.
Ҳәр күни сиз оянғанда көресиз,
Ерте турып басылған көп излерди.
«Қайда асығар бул излердиң ийеси?»
Деп атлы изинен жаяў барасыз.
Мисли жат мәжилиске кирген бир киси,
Тилге шала түсип, еснеп қоясыз.
Адамлардың ай, жулдызға ушқаны
Сизге ертек яки бир түс көргендей.
Былтырғы газетаның бүгинги санын
Быйыл оқып «жаңалықты» билгендей...
Заманынан ерте туўған адамлар,
Мен аяйман сизлерди.
Төменги классқа қайтадан түсип.
Парталасқандай боласыз бизлерге.
Сиз бир гезде оқып кеткен китапты
Журт жаңалық билип оқып атқандай.
Озық еллер басып өткен этапты
Бир қалақ ел жаңа өтип атқандай.
Арман барып жеккеликтен зеригип,
Биз жеткенше сиз қайырлып турасыз.
«Туҳ, не деген асықпайтын адам» деп,
Журтқа гийне қыласыз...
Ўақтында дүньяға келген адамлар,
Қутлықлайман сизлерди!
Апрель, 1974-жыл.
Мен аяйман сизлерди.
Ҳәр күни сиз оянғанда көресиз,
Ерте турып басылған көп излерди.
«Қайда асығар бул излердиң ийеси?»
Деп атлы изинен жаяў барасыз.
Мисли жат мәжилиске кирген бир киси,
Тилге шала түсип, еснеп қоясыз.
Адамлардың ай, жулдызға ушқаны
Сизге ертек яки бир түс көргендей.
Былтырғы газетаның бүгинги санын
Быйыл оқып «жаңалықты» билгендей...
Заманынан ерте туўған адамлар,
Мен аяйман сизлерди.
Төменги классқа қайтадан түсип.
Парталасқандай боласыз бизлерге.
Сиз бир гезде оқып кеткен китапты
Журт жаңалық билип оқып атқандай.
Озық еллер басып өткен этапты
Бир қалақ ел жаңа өтип атқандай.
Арман барып жеккеликтен зеригип,
Биз жеткенше сиз қайырлып турасыз.
«Туҳ, не деген асықпайтын адам» деп,
Журтқа гийне қыласыз...
Ўақтында дүньяға келген адамлар,
Қутлықлайман сизлерди!
Апрель, 1974-жыл.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ЖАҢА ЖЫЛ ТИЛЕКЛЕРИ
Алдынғы бөлимге қайтыў: РАБОЧИЙ ИНСАН
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: