Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

РАБОЧИЙ ИНСАН (RABOChÍY ÍNSAN)

(Москвадағы шарико-подшипник заводында)
Қолымдағы үш түп қәлемпир гүлди,
Станок үстине қойып қасыңа,
Қарап турсам сениң ислегениңди,
Не ойлар келмеди дейсең басыма:

Жер бетинде бизлер туўылып өсип,
Қуўанамыз, қайғырамыз, суйемиз,
Қурамыз, егемиз, айтысқа түсип,
Жулдызға жол излеп, қыял сүремиз.

Базда ақыл-ойың алысты шарлап,
Илим әйнегинен үңилсең егер,
Қыямет космослық тезликте зырлап,
Астымызда тынбай айланады Жер.

Сен дүзеткен уллы подшипниклердиң
Үстинде айланып турма деймен ол...
Тиреги, ийеси өмирдиң,
Жердиң, Рабочий инсан, мәңги аман бол!

1976


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ЗАМАНЫНАН КЕШ ТУЎЫЛҒАН АДАМЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: ЖЕР ПЛАНЕТАСЫ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.