ЖЕР ПЛАНЕТАСЫ (JER PLANETASI)
Жумыры жер уршық бастай зырылдап,
Қуяш нурын ийирген ҳәм ораған, –
Бир жүректей қәстерлеп ҳәм абайлап,
Алақанда оны алып бараман.
Менин ийним – жас атланттың ыйығы,
Жердиң бийик өрелерин тиреп тур.
Жаралы Жер – тийген бомба қыйығы –
Алақаным апаратқан жүрек бул.
Ҳәзир оны өз орнына абайлап
Жас геўдеге орнастырып қояман.
Сәл егленсем жүрек тоқтап, жер қулап,
Бәрине тек мен айыпкер боламан.
Бир маңлайға питкен еки көз болып,
Әлем ишке демин тартып қарайды.
Ҳәмме тиллер жалғыз аўыз сөз болып,
«Абайла» деп, меннен нәжет сорайды.
Өз ығбалым күндей жайнап турса да,
Сонша аўыр жүкти алдым неге мен?
Машақатсыз жасаў мүмкин болса да,
Жердиң барлық машақатын шегемен.
Таў қойнына сулыў вилла-жай қурып,
Неге мен де рәҳәтке батпайман.
Инсанларды ақ-қараға айырып,
Гедейлерин неге жумсап жатпайман?
Жоқ, бул нийет – мениң ушын жат саўал,
Мен бөленген бесик басқа ураннан.
Пүткил халықлар ығбалы деп ат шаўар
Бул бесикте ақ сүт емип оянған.
Маркс ойлап бул бесиктиң үлгисин,
Ленин уллы ақыт менен дүзеткен.
Жас дүньяның қорғап уйқы, күлкисин,
Россия даўылларда тербеткен.
Мен инсанман сол бесикте түлеген,
Азат елим алты ықлымның биринде.
Мен мийнетке уллы мәни беремен,
Барлық халықлар бир семья елимде.
Кеўил санам Жер-ананың муңына
Дәрман излеп, перзентиндей сырласқан.
Миллион нервам меридианлар сымына
Шешилместей шийеленип шырмасқан.
Сонлықтан Жер жараланса қайларда,
Вьетнам емес, мениң жүрек жарам ол.
Бомба түссе бала оқыған жайларға,
Мысыр емес, мениң ғана балам ол.
Пал шиңгирик орған Куба дийқаны
Шағлап күлсе, мениң шағлап күлгеним.
Жуўенленип Израилдиң қыйқаңы,
Тилеймен журт тыныш өмир сүргенин.
Өз баҳтымнан мен қанаат алмадым,
Жер тәғдирин ойлап уйқым мазасыз.
Әдалатлық планетасы – әрманым,
«Байсыз, пролетарсыз, қулсыз, хожасыз».
Адам деген мақтанышлы мақлуқтың
Жақсылыққа толмағанша жүреги, –
Жер жәҳәнде әдалатлық, ҳақлықтың
Туўын тикпей питпес әрман-тилегим.
Қуяш нурын ийирген ҳәм ораған, –
Бир жүректей қәстерлеп ҳәм абайлап,
Алақанда оны алып бараман.
Менин ийним – жас атланттың ыйығы,
Жердиң бийик өрелерин тиреп тур.
Жаралы Жер – тийген бомба қыйығы –
Алақаным апаратқан жүрек бул.
Ҳәзир оны өз орнына абайлап
Жас геўдеге орнастырып қояман.
Сәл егленсем жүрек тоқтап, жер қулап,
Бәрине тек мен айыпкер боламан.
Бир маңлайға питкен еки көз болып,
Әлем ишке демин тартып қарайды.
Ҳәмме тиллер жалғыз аўыз сөз болып,
«Абайла» деп, меннен нәжет сорайды.
Өз ығбалым күндей жайнап турса да,
Сонша аўыр жүкти алдым неге мен?
Машақатсыз жасаў мүмкин болса да,
Жердиң барлық машақатын шегемен.
Таў қойнына сулыў вилла-жай қурып,
Неге мен де рәҳәтке батпайман.
Инсанларды ақ-қараға айырып,
Гедейлерин неге жумсап жатпайман?
Жоқ, бул нийет – мениң ушын жат саўал,
Мен бөленген бесик басқа ураннан.
Пүткил халықлар ығбалы деп ат шаўар
Бул бесикте ақ сүт емип оянған.
Маркс ойлап бул бесиктиң үлгисин,
Ленин уллы ақыт менен дүзеткен.
Жас дүньяның қорғап уйқы, күлкисин,
Россия даўылларда тербеткен.
Мен инсанман сол бесикте түлеген,
Азат елим алты ықлымның биринде.
Мен мийнетке уллы мәни беремен,
Барлық халықлар бир семья елимде.
Кеўил санам Жер-ананың муңына
Дәрман излеп, перзентиндей сырласқан.
Миллион нервам меридианлар сымына
Шешилместей шийеленип шырмасқан.
Сонлықтан Жер жараланса қайларда,
Вьетнам емес, мениң жүрек жарам ол.
Бомба түссе бала оқыған жайларға,
Мысыр емес, мениң ғана балам ол.
Пал шиңгирик орған Куба дийқаны
Шағлап күлсе, мениң шағлап күлгеним.
Жуўенленип Израилдиң қыйқаңы,
Тилеймен журт тыныш өмир сүргенин.
Өз баҳтымнан мен қанаат алмадым,
Жер тәғдирин ойлап уйқым мазасыз.
Әдалатлық планетасы – әрманым,
«Байсыз, пролетарсыз, қулсыз, хожасыз».
Адам деген мақтанышлы мақлуқтың
Жақсылыққа толмағанша жүреги, –
Жер жәҳәнде әдалатлық, ҳақлықтың
Туўын тикпей питпес әрман-тилегим.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: РАБОЧИЙ ИНСАН
Алдынғы бөлимге қайтыў: РАҲМЕТ САҒАН, ЗАМАНЫМ!
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: