РАҲМЕТ САҒАН, ЗАМАНЫМ! (RAHMET SAǴAN, ZAMANIM!)
Биреў айтар: ерте туўылсам,
Урыста мәртлик етер едим деп.
Биреў айтар: ертең туўылсам,
Коммунизмге жетер едим деп
Кими наҳақ, киминики шын,
Тексермеймен мен бул таманын.
Өз ўақтында туўғаның ушын
Раҳмет саған, заманым!
Урыслардан кеш туўылсақ та,
Мәртликке бай жаслық дәўраным:
Қайтқан солдат пенен бир сапта
Жутып қайта тиклеўдиң шаңын,
Жаў қыйратқан жаңа дүньяны
Жас атланттай ийинлескенбиз,
Дәрьяларға қосып дәрьяны,
Тың басында тоңып өскенбиз.
Ырза болып мәрт әўладымнан
Мырзашөллер гүлин шашады.
Братск ҳәм Қайраққумнан
Миллиард жулдыз жымыңласады.
Усыншама уллы ислерди
Алдымызға тартқанда ўақыт,
Атқарысып атқан кисилерди
«Заманласым» деў қандай бахыт!
«Ўатан» деген мухәддес сезим
Көкирегимде тасқан бир дәрья.
Ғайратымыз бенен ол бизиң
Жасарыўшы бир гөззал дүнья.
Жулдызларға уш десе Ўатан,
Биз ушамыз космосқа зуўлап.
Мақтанышым, ҳәй, озық ортам,
Гагариншил нәўқыран әўлад!
Жаўызлыққа тойтарыс берип,
Жақсылыққа салдық көп жоллар.
Азатлыққа Азия жерип,
Шынжыр үзди қара мускуллар.
Күйип Чили қайғысы менен,
Қутлықласып Куба таңларын,
Қурысамыз қалыс қол менен
Планетаның Асуанларын...
Буның бәри мениң дәўирим,
Мениң қайғым, қуўанышларым.
Өз қәлбине жүрегим мениң
Сыйғызады пүткил жер шарын.
Модалардың парқын билсем де,
Ўақытым жоқ оны қуўыўға.
Жумыс десе таярман күнде
Он толғатып, тоғыз туўыўға.
Келешектиң босағасына
Биреў жетпей, биреў жетермиз.
Бирақ оның бетон жағасына
Терең из қалдырып кетермиз.
Биз гүлленткен бул жағысларды
Жуўып турар жаңа толқынлар.
Сүйсиндирип жаңа әўладларды,
Биз дөреткен қосықлар жаңлар.
Сизлер ушын жаным тәсаддық,
Ҳарманызлар, әзиз досларым, –
Ақсақаллар жолына садық
Қара сақал заманласларым!
Саған – ақыл, мийнетим, күшим,
Озық ойым, бийик әрманым, –
Өз ўақтында туўғаның ушын
Раҳмет саған, заманым!
1972
Урыста мәртлик етер едим деп.
Биреў айтар: ертең туўылсам,
Коммунизмге жетер едим деп
Кими наҳақ, киминики шын,
Тексермеймен мен бул таманын.
Өз ўақтында туўғаның ушын
Раҳмет саған, заманым!
Урыслардан кеш туўылсақ та,
Мәртликке бай жаслық дәўраным:
Қайтқан солдат пенен бир сапта
Жутып қайта тиклеўдиң шаңын,
Жаў қыйратқан жаңа дүньяны
Жас атланттай ийинлескенбиз,
Дәрьяларға қосып дәрьяны,
Тың басында тоңып өскенбиз.
Ырза болып мәрт әўладымнан
Мырзашөллер гүлин шашады.
Братск ҳәм Қайраққумнан
Миллиард жулдыз жымыңласады.
Усыншама уллы ислерди
Алдымызға тартқанда ўақыт,
Атқарысып атқан кисилерди
«Заманласым» деў қандай бахыт!
«Ўатан» деген мухәддес сезим
Көкирегимде тасқан бир дәрья.
Ғайратымыз бенен ол бизиң
Жасарыўшы бир гөззал дүнья.
Жулдызларға уш десе Ўатан,
Биз ушамыз космосқа зуўлап.
Мақтанышым, ҳәй, озық ортам,
Гагариншил нәўқыран әўлад!
Жаўызлыққа тойтарыс берип,
Жақсылыққа салдық көп жоллар.
Азатлыққа Азия жерип,
Шынжыр үзди қара мускуллар.
Күйип Чили қайғысы менен,
Қутлықласып Куба таңларын,
Қурысамыз қалыс қол менен
Планетаның Асуанларын...
Буның бәри мениң дәўирим,
Мениң қайғым, қуўанышларым.
Өз қәлбине жүрегим мениң
Сыйғызады пүткил жер шарын.
Модалардың парқын билсем де,
Ўақытым жоқ оны қуўыўға.
Жумыс десе таярман күнде
Он толғатып, тоғыз туўыўға.
Келешектиң босағасына
Биреў жетпей, биреў жетермиз.
Бирақ оның бетон жағасына
Терең из қалдырып кетермиз.
Биз гүлленткен бул жағысларды
Жуўып турар жаңа толқынлар.
Сүйсиндирип жаңа әўладларды,
Биз дөреткен қосықлар жаңлар.
Сизлер ушын жаным тәсаддық,
Ҳарманызлар, әзиз досларым, –
Ақсақаллар жолына садық
Қара сақал заманласларым!
Саған – ақыл, мийнетим, күшим,
Озық ойым, бийик әрманым, –
Өз ўақтында туўғаның ушын
Раҳмет саған, заманым!
1972
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ЖЕР ПЛАНЕТАСЫ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ӘМИЎ ЖАҒАСЫНДА ЖАЙНАП ТУРАРСАҢ
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: