Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ӘМИЎ ЖАҒАСЫНДА ЖАЙНАП ТУРАРСАҢ (ÁMÍW JAǴASINDA JAYNAP TURARSAŃ)

(Тақыятас гидроузелиниң ашылыў салтанатында оқылған қосық)
Уллы қурылыс – абаданлық тарнаўы,
Ырыс қазанындай қайнап турарсаң.
Биз дөреткен дәўран болып нурланып,
Әмиў жағасында жайнап турарсаң.

Аяғың тирелип айдын көллерге,
Атағың жайылып елден еллерге,
Әбиҳаят суўын берип шөллерге,
Бахыт булағындай ҳағлап турарсаң.

Мәртлер қуйған сени дәрпенбес тастан,
Турарсаң көп дәўир өтирип бастан.
Суў ҳаққында сен бир әжайып дәстан,
Дәўиримиздиң даңқын жырлап турарсаң.

Серлесең хорезм шаҳлардың ўақтын,
Суў қыт болса таслап қаштылар тахтын.
Тарийхын тыңласаң қарақалпақтың,
Суў бойында «суў» деп шырлап турарсаң.

Суў – бул уллы тарийх, тамыры арыда,
Суў болған халықтың аҳу-зары да.
Ҳәттеки Бердақтың қосықлары да
Еле суў сорайды, тыңлап қарасаң.

Ленин еди халқыма жер, суў берген,
Октябрьден қайтып өшпес нур берген.
Сол себепли уллы қурылыс бул жерден
Көсемниң атында арнап турарсаң.

Минерсең Жәйҳунди жалынан қармап,
Жигирма үш тоғыртқадан сен ҳарлап,
Қырқыўға айдалған қойдай топарлап,
Асаў толқынларды айдап турарсаң.

Өриң Түйемойын шалқарлы ҳәўыз,
Тыным табар дегиш деген жалмаўыз,
Қарақалпақ ҳәм Хорезм, Ташаўыз,
Әспек етпей, кеўлин шағлап турарсаң.

Пахта кәни болар шөлге суў барып,
Жантақлы далада бағлар ырғалып,
Алтын кирпик ақ салылар салланып,
Гүлте жоңышқа болып нурлап турарсаң.

Өриң Төрткүл, ығың Коңырат болып,
Сен суў берген жерлер шын абад болып,
Гулабы, гүрбеги, торнабат болып,
Ширең тил айырып торлап турарсаң.

Астыңнан Әмиўим ағар сарқурып,
Үстиңнен поездлар етер ҳайқырып,
Нөкисти абадан қәнтли жай қылып,
Қутлы кәрўанларды жоллап турарсаң.

Даңқлы бес жыллықтың дәраматынан,
Туўысқан халықлардың кәраматынан,
Ленинлик дослықтың шарапатынан
Демде гигант болып орнап турарсаң.

Москва ҳәм Ташкент, Ленинграды,
Бир жерде ҳәммениң мақсет-мурады,
Үш мың уста – қырық миллеттиң әўлады,
Бәрин бир семьяға жайлап турарсаң.

Тақыятас – нур қаласы қойының,
Мәканысаң дослық, мийнет тойының,
Шамшырағы Әмиўдәрья бойының,
Уллы ислерге бел байлап турарсаң.

Мүлки болып Ўатанымның, өзимниң,
Көрки болып социалистлик дүзимниң,
Имараты болып коммунизмниң,
Алтын келешекке шарлап турарсаң.

Ғарқәллезий суўға арналар толып,
Саҳраларда бағы-бостан қулпырып,
Ленинге бир гөззал ескерткиш болып,
Әмиў жағасында жайнап турарсаң.

1973-жыл.


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: РАҲМЕТ САҒАН, ЗАМАНЫМ!
Алдынғы бөлимге қайтыў: ПОШША ТОРҒАЙҒА
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.