Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ПОШША ТОРҒАЙҒА (POShShA TORǴAYǴA)

Сайра әлҳаўада пошша торғайым,
Саз бенен сәўбетсиз дәўран болар ма.
Шалқортама жатып мен бир тыңлайын,
Сөйтсем қулағымның қуршы қанар ма
Даўысыңды бала гезде қаршадай
Кеўлиме мен жазып алып кеткенмен.
Содан берли сайрап турсаң шаршамай,
Бүгин концертиңе келип жеткенмен.
Май топыраққа аўнап дүр-дүр силкинсең,
Сен көкке шығасаң қайта йошланып
Туўған жер ышқысы бул йош, мен билсем,
Бул сезимге мениң кеўлим де қанық.

Урық арасында, суў жағасында
Талай көрдим мен усқынсыз уяңды.
Елестирмес едим қус деп жасымда,
Сүйип тыңласам да бийпул намаңды.
Бул сәнсиз жағалық, орпаң топырақ,
Билдим екеўмизди аңласам, жаным,
«Бири жерде, бири ҳаўада шырлап,
Бизди тәрийп етсин» деп жаратқанын.
Енди пәмлеп жүрмен, төбемде шырлап,
Неге сени бунша сайрайды десем,
Жалғыз келте налыш намаң менен-ақ
Кеўлиме көп сезим қуйған екенсең.

Ҳасла өкинбеймен, балалық изим
Асфальт жол астында қалғанлығына.
Тозып ески шаңлақ жайымыз бизиң,
Орны пахта атыз болғанлығына.
Ҳәтте мынаў ҳағлап турған Кегейли
Бир мәҳәл арнасын жаңадан алар.
Мен жүрген соқбақлар қалмасын мейли,
Қалмасын мен ылақ баққан далалар.
Мейли олар қалсын ядымда мениң,
Йошлы халық мийнети жасартсын жерди.
Заман шадлығына бөленсин елим,
Уллы өзгерислер дәўраны келди.
Қосықлар өзгерсин муңсыз ҳеш қандай,
Гөне көринислерди көз көрмей қалсын.
Туўған жерге деген инсан ышқындай
Сениң даўысың ғана өзгермей қалсын.

Сайра сен, үрпек бас пошша торғайым,
Ай-ҳай, туўған жердиң ҳаўасы қандай!
Бир шалқама жатып сени тыңлайын,
Қайтадан жасарып бала болғандай.
Мен қаншелли гөззал еллер көрмедим,
Жер жәннети болған таўлардан өттим.
Қаныңдай бағларда шағлап жүрмедим,
Қанша бүлбиллерди тыңлап ҳәз еттим.
Мен ҳәммесин сүйдим, қызықты көзим,
Сөйтип жүрип сағындым бул шаңлақты.
Көкирегимде сайрап шақырдың өзиң,
Сайраўың көп әндийшелер аңлатты.
Сен айттың: «кел, мениң балалық достым,
Ең жақсы намамды сайрап берейин».
Сениң сол қодирең саҳрайы сестиң
Тебирентер ең соңғы демиме дейин.

Кегейлиниң бойы – дарқан далалық
Не деген кең сарай – концерт залы бул.
Ҳәмме билетиңди мен сатып алып,
Тыңлайман, сайрай бер сен болып қумбыл.
Мен де, сен де еркин, өрисимиз кең,
Мынаў жер, анаў суў, бәҳәр қуяшы
Бир топырақта туўып өсирген екен
Адамның ўатаны, қустың уясы.
Сайра достым, әлҳаўада пырпырлап,
Саз бенен сәўбетсиз дәўран болды ма.
Сен көкте, мен жерде буншелли шырлап,
Сүймегенде, оннан ўатан болды ма!

1-март 1976-жыл.


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ӘМИЎ ЖАҒАСЫНДА ЖАЙНАП ТУРАРСАҢ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ҚАРА ҚАЛПАҚ ҲАҚҚЫНДА СӨЗ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.