Төртинши бөлим (Tórtinshi bólim)
Қоблан ер арадан бир неше күн өткен соң саў-саламат елине келди. «Ақшаханды алсам, оннан соң урысқа шықпас едим», деп Қоблан батыр серт етти.
Қоблан Полат ханды шақырып алып айтты:
—Алшағыр гәўирдиң журты сизиң қараўыңызда. Ақшаханға барсаң, заңғарға қылыш урсаң, «бир жаманның кесапатынан қан дәрья қурылды» дегендей, ат жығылар, адам өлер, урыста гүна жоқ, көп адамлардың ҳақ қаны жерге төгилсе, мойынымызға. Бул ханды өлтиремиз, — деди.
Анда Полат айтты: — Ҳәй достым Қоблан жан, малы-дүньяны сарп етип, Қатағанға ат жиберип, Қараман қайнағаңды шақырып алып, қырқ күн тамам той берсең, халықтың пәтиясын алсаң, әне тойдың кейнинен Ақшаханды өлтирип, тахтын алсаң, қалай болар, — деди. Буның менен қатар Ақшахан менен сизди өзим сыйға шақырарман. Сол шақырық күни билгениңизди етерсиз, «жаман ер қосқа шабады», — деген деп, Полат ақыл берди. Бул сөз мақул түсти.
Қоблан батыр Қараманға он жигитти атландырып, хабарға жиберди.
Қараманды шақырып,
Шымгент пенен жыраққа,
Жайылып жатқан көп журтқа,
Хат жазады мәрт Қоблан,
Қайнағасы Қараман,
Оны да Қоблан шақырып,
Той береди, береди.
Қатағаннан келгенге,
Ҳүрметли сыйын береди.
Ҳүрмет етип мәрт Қоблан,
Ҳәммени теңдей көреди.
Қырқ биринши күнинде,
Мына тойды тарқатып,
Қуртқа менен еккиси,
Келеди көптиң алдына.
— Ағып турған дәрья едим,
Қалар болдым сол жерде,
Бул сағымнан айырылып,
Мәўжирип турған дарақ едим.
Астымды мениң жар алып,
Үсти бетим сел алып,
Жапырағым жерге төгилип,
Қалар болдым бир қуўрап.
Мәўиж урып турған гия едим,
Өртте қалған күл болып,
Қалар болдым сел болып,
Бурын жақты болсам да,
Ҳәзир ўақта ойласам,
Көп жылаттым душпанды,
Ҳәзир ўақта ойласам,
Қаларман ба халқым-аў;
Қара жер менен тең болып.
Батырлықтың кейнинен,
Тилегим бар сизлерден:
Сыймасам да жер жүзине,
Ақ теректей саям жоқ,
Бир перзенттиң кеминен,
Пәтия бериң бизлерге,
Дәмем барды сизлерден.
Малы-дүньям қудайы,
Бир туяқ қалса излерде. —
Халықтың кеўли бузылып,
Жылай берди сөзлерге:
— Алла тала бергей деп,
Бир тырнақты сизлерге,
Тилегиң қабыл болғай деп,
Келеси усы ўақытта,
Қошқардай уғыл туўғай деп,
Мынаў турған перзентиң,
Өзиңнен батыр болғай деп,
Той етиң халқың тойсын деп,
Тилегиң қабыл болсын деп,
Душпаннан алдың арыңды,
Ҳәмме берди пәтия,
Жалғыз балаң болсын деп,
Майданға атын шаптырды,
Қобланның айтқан сөзине,
Жыйылған ҳәмме халық турды.
Әўел басы келгенге,
Алдына ат миндирди,
Кейнинен сарпай жаптырды,
Малы-дүнья бәршасын,
Қарт гүреңнен бөтенин,
Хожалықтан басқасын,
Садақа қылып тарқатты,
Ғәрип пенен қәсерге.
Буннан кейин Қоблан мәсканда жатты. Полат Ақшаханның алдына келди. Ақшаханға: — Арзым бар, — деди. — Айт арзыңды, — деди. — Қоблан достым еди, шақырып сый қылсам деген кеўлимде бар, жақсы болдым, жаман болдым, көп дузыңды иштим, аз хызметиңди еттим, дослықты бәржай етип, мурадыма жеттим. Екеўиңиздиң пәтияңызды алсам, қалай болар еди. — Сонда Ақшахан айтты: — Ҳәй, Полат жан, мақул айтасаң, — деди. Шақырма деўге Қобланнан қорқады, — әжеп болар, — деди.
Тамамы қәрежетлерин Полат жан тутынып, Қобланға ат жиберди. Қоблан ҳәм айтылған ўақты болған екен деп, елли жигитлерин кейнине ертип, Полаттың шақырығына барыўға мәсләҳәт етти.
— Ҳәй жигитлер, Ақшахан хан келсе, елдиң шети жатқанда, от қызылы батқанда, атқа шыққан адам болып, қапының аўзын алыңлар, сол ўақлары алдыңызға келсе, бир адам шығармай басын ала бериң.
— Әжеп болар, — деп ҳәммеси сертлесип, Полаттың тойына барды. Қоблан үш күн жатты. Алтмыш еки ҳәмелдары менен Ақшахан, Полаттың шақырығына келип, Қобланды көрип, иши күйип турса да «келдиң бе саламат, шырағым» — деп, Қоблан менен көристи. Әне, ҳәммеси бир сыйда отырды. Сәҳәр ўақта Қоблан бир сөз баслады:
— Мәдет бергей халық әйлеген қудайым,
Әўел бастан сизден саўал сорайын,
Бул сөзиме жуўап бериң Ақшахан.
Пухараңыз әўел бастан датлады.
Дийўан барып мал-дүньясын хатлады,
Алса алсын, дүнья кетти сизлерге,
Ата-анамды неге еркине қоймадың?!
Бул халыққа бастан салдың жәбирди,
Жаманлыққа етип едим сабырды,
Буйырдың бизлерди Азыў елине,
Мен кеткенде неге алдырдың гәўирди.
Бедеў жалын саўаш күни тараттың,
Биз кеткен соң ол елимди шуўлаттың,
Той бердим атымды халқым билсин деп,
Кемиси бармеди еткен ғайраттың?!
Жасы үлкен деп мен сыйладым сизлерди,
Душпан көрдиң, бөри көрдиң бизлерди.
Алдап мени ҳәр елатқа жиберип,
Тағы қайтып келмес деппедиң бизлерди.
Душпанлығың мен билдим,
Өзимди айдап ҳәр жерге,
Мунша саўда салғандай,
Не қылып едим сизлерге,
Душпаннан өзим қутылдым,
Бүгин сизге тап болдым, —деп,
Қолына алып қанжарды,
Услап алып Ақшаханды,
Өлген балалар жаны ушын,
Ол бүлинген халық ушын,
Ол төгилген қан ушын,
Қарқыратып шалады,
Ақшахандай патшаны.
Қобланлының жигити,
Кимисинде ақ қанжар,
Кимисинде бир қылыш,
Ҳәммеси бирдей умтылып,
Батырлығын билдирди.
Қарт хожадай бийлерин,
Тирилей жерге көмдирди,
Суўға басып бөрисин,
Қырып салды батырлар,
Қас душпанның нешшесин,
Найзаға шаншып шығарды,
Ақшаханның геллесин,
Бир ақшамда жай қылды,
Ҳәмелдардың бәрисин,
Полатты тахқа мингизди,
Дәўир кимниң дәўири,
Полат ханның дәўири,
Көрсетти мәртлер ғайратты,
Көтерип тахқа мингизди,
Ҳақтың улы Полатты,
Дәўир өтти Ақшаханнан,
Душпанларын өлтирип,
Мәртлер жетти муратқа,
Бизлер де жеттик муратқа,
* *
Тоғыз ай, тоғыз күнлерде,
Айы-күни бир болып,
Аршадан ағаш көмдирип,
Алтын жүўен кердирип,
Толғақ тутып телмирип,
Күн ярым күн толғатты.
Қоблан атлы ол жалғыз,
«Бергейдағы алла» деп,
Далада жүрип жылапты.
Сонша еткен батырлық,
Бир күн шелли болмапты,
Әйне таң атар алдында,
Мәдет берди алласы,
Шырқырап шықты баласы,
Ол майданға шығарды,
Шүйиншиге дүньясын,
Шүйинши берип ҳаялға,
Садақа қылып тарқатты,
Дүньясының бәршесин.
Анда Қоблан сейледи:
— Қарқарам бар бул басымда шоқтан шоқ,
Батыр болып, дәўран сүрдим аздан көп,
Шырқыраған перзент даўысын еситтим,
Енди өлсем, жалғаншыда әрман жоқ.
Душпанларға тийди мениң зыяным,
Айдадым сүриўлеп душпанның малын,
Жалғаншыда көрдим мен ҳәм перзентти,
Разыман енди алса да жаным.
Қоблан батыр ҳалын айтып жылады,
Не бир ахмақ тамашаға қарады,
Шырқыраған бул даўысты еситип,
Еси аўып, есеңкиреп турады.
Мен жыладым өз ҳалыма зар-зар,
Перзентти берипти бизге биреўбар,
Енди өлсем, жалғаншыда әрман жоқ,
Жанымды алғайлар жаратқан жаббар.
Қобланның ели, халқы жыйналып, бул тойда Мырза Сайым деп атын қойды.
* * *
Бала жети басына келди. Пайғамбар сүнлет еттирип, баланы мектепке берди. Жети жыл тамам оқып, бала он төртине келгенде уйқылап жатқанында баяғы Қобланның досты, Ерсайым атасы түсине кирди:
— «Қабыл болды атаңыздың тилеги,
Сени көрип, жарылды ма жүрегим,
Мен атаңнын досты едим, жан балам,
Буннан бурынырақ өткен күнлерде.
Бул шәҳәрге келип күйди еңбегим,
Дағыстанда қалған еди сүйегим.
Бир-еки аўыз саған баян сөйлейин,
Қулақ салың жигербентим, перзентим.
Жалғыз балам ат белине минбесең,
Разы емеспен бизди излеп келмесең,
Бизлер қалдық қызыл қыя қумларда,
Разы емеспен гүмбез белги салмасаң.
Узақ болғай дейип тиле жасыңды,
Тезден жоғалт өзиңе қарсы қасыңды,
Қум ишинде қуўрап қалды сүйегим,
Иззетлеп қәдирле жалғыз басымды».
Усыны айтқан ўақытта Мырза Сайым секирип орнынан турды, көрген түсин Қобланға баян етеди. Қоблан алдына баласын салып, «жолың болғай, перзентим», деп баўыры оттай күйип, «саў-саламат келгейсең», деп рухсат берип қала берди.
Мырза Сайым нешше күнлер жол жүрип, баяғы Қобланның мәкан қылған жери, Қыз палўанның елине жақын Келип, Айыллы Орақ бабасын таўып алып, өзин таныстырып, ҳал-жағдай сорасты.
Сонда Айыллы Орақ бабасы айтты:—Ҳәй перзентим, Мырза Сайым. Бул залымның дини жоқ, ҳәм сөзиниң бәнти жоқ бул Қыз палўан дегенниң, қартайдым, әзиз болдым, белимнен мәдет, өзимнен қуўат кетти. Меннен қуўат кеткен соң, залым бурынғы динине кетти.
Айыллы Орақ бабаны алдына салып, Ер Сайымның сүйегин излеп, қыя шөлден таўып алып, үстине кишкене жай салып, қолынан келгенше тәрбият қылып, Айыллы Орақ қыз патшаға хат салды.
— «Атым Мырза Сайым ердиң еримен,
Бес айлық жоллардан жүрип келермен,
Қыз патшалар мына сөзди тыңласаң,
Қоблан улы Мырза Сайым боларман.
Қасты етсем, мен шийрин жаның аларман,
Тез жибериң бул хатымның жуўабын,
Жибермесең халқыңа ўайран саларман,
Өзим сорасаң жигитлердиң сойыман,
Талап қылып келдим Полат елинен.
Атым Мырза Сайым, Қоблан улыман,
Қыз палўанға талабан боп келермен.
Минбей бедеў дағыстанда желермен,
Өзим оқып, ҳақ сәнасын билермен,
Сениң менен Дәўкемпирдиң қызлары,
Алыс жерден гүресиўге келермен».
Ендиги сөзди Қыз палўаннан еситиң:
— Дуўай-дуўай көп сәлем,
Мырза Сайым батырға,
Айтсам халықтың сөзи менен,
Дәўкемпирдиң қызыман,
Атым сорасаң қыз палўан,
Мырза Сайым сениң менен,
Бир гүресип көрермен.
Өзиниң ҳалын шақласын,
Қалың малым сол еди,
Жықсам енди баланың,
Геллесин кесип аларман.
Жығыла қойсам балаға.
Тәнимди бағыш қыламан,
Хызметинде боламан,
Айтқанына көнемен,
Елатымды беремен,
Жығыла қойса бизлерден.
Тирилей жерге көмемен»,
Усылай хатты жиберди.
Бул сөзден кейин қыз палўан, арадағы адамларын жыйнап дәплерин қақтырып, майданға шығып, мысал тойдың қуралындай қылып, қурды үлкеннен қурып, гүрес майданына тайын болып турды. Анда Мырза Сайым налыс әйлеп, бир сөз айтты:
— Налыс етип яратқанға жылайман,
Жекке келдим, не бир күнге жарайман,
Жалғыз перзентиңе бергил истанат,
Дәў-периге патша болған Сулайман.
Сыйындым сизлерге Омары-Оспан,
Бенде қатарында көргейлер субҳан,
Мен жалғызбан, истанат бер, сыйындым,
Мәдет берин бизлерге имамы ағзам.
Бизлер болдық бул еллерде бийқарар,
Жас перзентпен, бизге болғыл мәдеткар,
Тарыққанда мен сыйындым сизлерге,
Мәдет болың шейит болған имамлар.
Зар жылады Қобланлының баласы,
Қабыл екен Мырза Сайым тобасы,
Усылайынша зар-гириян болғанда,
Таяр болды Қызыр Ильяс бабасы.
Аўзына және түкирди,
Жаўырнына бес урды,
«Тайма, балам, тайма», деп
Ғайып болды көзинен.
Рустему Дәстандай,
Мәдет берди өзине.
Ҳәзнрети Әлийдей,
Қуўат берип белине,
Сол ўақлары Мырза Сайым.
Ортаға талап етеди,
Қабыл болып тилеги,
Ол ортаға шыққанда,
Таўдай болды жүреги,
Қыз палўан шықты қубладан,
Мырза Сайым арқадан,
Жағаға қоллар салысты,
Еки палўан алысты.
Бир күн гүрес салады,
Жығыса алмай турады.
Айрылып сонда турады,
Бир ярым күн толғанда,
Жыйылып турған қалмақлар,
«Бул не деген ғайрат» деп,
Бәри ҳайран қалады.
Нар буўрадай бурқырап,
Жарылған муздай гүңиренип
Саўғаға бергил жанымды,
Мурады ҳасыл болмады,
Еки күн жүзи толғанда,
Жығыса алмай турады.
Еки жарым күн болғанда,
Мырза Сайым ол бала,
Қыз палўанды меңгерди.
«Олла-билла яр болдым,
Бердим саған тахтымды», —
Деген сеси шығады.
Аш белинен алады,
— Ер Сайым, атам яр бол,-деп,
Пирим, — деди, көтерди,
Дизесине мингизди.
Тебрендирди бөксесин,
Жерден қарыс көтерди,
Қыз палўанның өкшесин.
Дизесине мингизди.
Қысып еди белинен,
Отлар шықты тәнинен,
Қол ушына көтерип,
Таўлап урды жерлерге.
Атадан қалған ақ қанжар,
Ақ қанжарын алады,
Қыздың барып жанына,
Жалақлатып турады.
Анда нашар сөйледи:
— Жүрмеге сизге жол болдым,
Зорлық етип бир жықтың,
Жумсарыңа күң болдым,
Бағынаман сизлерге,
Бердим барлық халқымды,
Бул дүньяда сырласым,
Қыяметлик жолдасым,
Саўғаға бергил жанымды,
Биздей сизиң ярыңды,
Ҳәмириңе мен көндим,
Төге көрме қанымды,
Олла-билла яр болдым,
Бердим саған тахтымды.
Усы ўақытта Мырза Сайым палўан қызды босатты. Бул шәҳәринде алты ай болып, қыз палўанның орнына биреўди патша көтерип, бул шәҳәр Мырза Сайымның қараўында болып, нешше туйелерге зер артып, басын жетелеп қул менен, малын айдар күн менен, Қыз палўанды узатып, Мырза Сайым жөней берди.
Елге жақын келгеннен кейин халқына хабар салды. Қоблан елатына хат жазып, жети күн той берип, келинин көрип, душпаннан арын алып, патшаны тахтан қулатып, душпанын жылатып, әне, Қоблан баҳадыр елинде жатты. Перзенти Мырза Сайымға ықтыярын берип, Қоблан батыр қартайып, күнлерден бир күни дүньядан өтти. Мырза Сайым моллаларды шақырып, қара жерге арыў кепинлеп узатты.
Қысырақ сайлап сойдырып,
Ели-журтын тойдырып,
Қоблан ердиң минекей,
Қайырлы болды әжели.
Муратқа жеткен секилли,
Қыз палўанның халқына,
Патша болды баласы.
Қабыл қып аллаталасы,
Көрмегенге лап болды,
Көргенлерге тап болды,
Тыңлайтуғын қулаққа,
Қобланлыдай батырың,
Еситиңлер, сап болды.

Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Дәстандағы гейпара сөзлерге түсиник
Алдынғы бөлимге қайтыў: Үшинши бөлим
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: