Үшинши бөлим (Úshinshi bólim)
Ар намысын алып Қоблан елине қайтты. Нешше ай, нешше күн жол жүрип, Қорғанша қаласына келди, жығылып қалған қалаларын салдырып, жайлаўға үйин қондырып, ханның көли қадаған көлге мал салып, қара қыпшақ мәрт Қоблан ели-халқын жайғастырды.
Қобланнын ерлиги: айдаўда келген халықтың есигин жел ашсын да, жел жапсын, аз ғана халық едим, көп болдым —деп Алшағырдан келген елдиң атын таза Қыпшақ қойды.
Ендиги сөзди баяғы қырқ жигиттен еситиңлер: Қызыл қудықтан көшип, кәрўанлардан бул елге келгенин еситип, мал-дүньясын айдап булар да айрылған елге қосылды.
Қоблан батыр Азыўлыдан аман қайтқанлығына, елин душпаннан айырып, өз журтына аман-есен, саў-саламат келгенине ат шаптырып далаға, жар урдырып қалаға, жети күн той берди. Бул тойды бергенде Ақшаханға хабар бермеди.
Ақшахан Қоблан тойына хабар бермесе де, алпыс еки ҳәмелдар, отыз еки мөҳирдарын жанына алып, Қобланның тойына қарай жолға раўана болды. Буның шақырмаған жерге барыўына себеп, тойды болған соң мал-мүлкимди ўайран қылар, басыма тахтымды зиндан қылар деп ойлаған еди.
Ақшахан Қобланның тойына келип, «ер үйине ер түсти, етегине қоз түсти» дегендей, Қобланның үйине түсти, Қоблан қыял етти: «Үйге келгенде талағаным батырлығыма ылайық емес, өлтиргенди де қояйын», деп батыр қәҳәрин қайтарды. Ханға орны менен тойдан үлесин берди.
Ақшахан Қобланның алдына келип, ҳәр түрли қошемет сөзлер менен мойнына пота салып, жуўҳалығын асырып, еткен исин жасырып, аяғына бас урып, не деп тур екен:
— Дүньяда душпанның жүзлери солсын,
Қоңсы болған елим, иним, көп болсын,
Бүлдирдиң душпанды елге келтирмей,
Бул берген тойларың мубарек болсын.
Душпанларға суўық самал ендирдиң,
Не палўанды әжел жетпей өлтирдиң,
Душпан елин Қорғаншаға келтирдиң
Биз бағындық ғайратыңа Қобланым.
Еситип ек барды деп Азыўлы елине,
Ғайрат пенен минип торы ат белине,
Сеннен бөтен бармас Азыў шәҳәрине,
Ғайратыңа қутлы болсын мәрт Қоблан.
Сен қайтардың душпанлардың ол пәтин,
Бир алла жеткерди сениң муратың,
Алшағырды тажы-тахтан қулатып,
Душпаннан айырып алдың елатың.
Ғаррылықты мен мойныма алыппан,
Алшағыр келипти билмей қалыппан,
Алып келдиң душпанлардан айырып,
Ойласам халқыма зулым болыппан.
Астыңа тартпаға келдим тахтымды,
Берейин пәтия, ашсын бахтыңды,
Тапсырмаға Самарқандай халқыңды,
Журтың қутлы болсын, иним Қобланым.
Бул елатым айтқанымды етпеди,
Алшағырлар мурадына жетпеди,
Алып кеткен бул журтыңды бүлдирип.
Кейнинен барыўға ҳәлим жетпеди.
Ғаррылығын бул Ақшахан билдирди
Душпанларды айтқанына көндирди,
Ақшаханның алып басынан тажын,
Қобланлыға алып барып кийдирди.
Қобланға тажын кийгизип, ақ кийизге салып көтерип, патшалықты берди, Қоблан Полатты шақырып алып, уламаларын жәм қылып, қазы-кәленларды келтирип, Ақшахан ханды алдына қойып, Қансулыў қарындасын Полатқа берди.
Қара қыпшақтың халқына Ақшахан қуда болып, қәде-қәўметин өткерип, бул ислер ҳәм тамам болғаннан кейин, Қоблан патша менен жарасып, шадыман болып, патшаға бир сөз айтты:
— Ата, мениң кийгеним болсын, сениң гүнайиңды алла өтсе, өттим, — деп тажыны өзине берди. Буннан кейин Қоблан айтты:
— Жақын жерде жаў бар ма,
Барар жерде даў бар ма,
Айтың хабарын бизлерге,
Ғайратымның барында,
Торы атыма минейин,
Жетер жерде душпанды,
Мына жерге келтирип,
Жылатқанша балаңды,
Өзим алып келейин.
Аннан соң тахқа минейин,
Ала алмастай күн болса,
Бүлингенин халқымның,
Көзим менен көргенше,
Үстиме жаўды келтирип,
Улым менен қызымды,
Алдағанын көргенше
Қолында оның өлейин,
Қаст еткен сизге дәў болса,
Хызметиңе барайын,
Сизлерге душпан жаў болса,
Басымды тартып турмайын,
Зорман деген заңғарды,
Өзим барып көрейин.
Ақшахан сонда сөйледи;
— Бастан кетпес қайғы менен ғүлпетим,
Бул дүньяда арылмаған мийнетим,
Жибериўге, балам, көзим қыймайды,
Не гәп айтсам екен сизге перзентим.
Бузылып дүзелди жаңа қалаңыз,
Сизлерди шер етип берди алламыз,
Үш жыл болды хат келеди, шырағым,
Хат салады Дәўкемпирдей мамаңыз.
Еситкели отлар шығып тәнимнен,
Қартайған соң қуўат кетип белимнен,
Ықтиярын берсин дейип бизлерге,
Хабар келди Шарықлыдай дәўинен.
Бул хабарын енди елге билдирсин,
Қобланлысын ҳәмирине көндирсин,
Ақбилек қызларын бизлерге берсин,
Усылай хабар келди дәўдиң тилинен.
Бедеў жуўырмаған аттың тоңынан,
Ғам-гүн болдым, мен перзенттиң жоғынан.
Бағынсын деп хат келеди, шырағым,
Хабар усы Алла дәўдиң улынан.
Еситкели бул сөзлерди саўым жоқ,
Қартайған соң бул басымда қайғы көп,
Барып келсең усы дәўдиң елине,
Алдыңа шыққандай сирә жаўың жоқ.
Ат ойнатсаң ол еллерге барарсаң,
Бара ғойсаң ығбалыңнан көрерсең
Ала ғойсаң Турабаның қаласын,
Соннан соң жаўлардан тыныш боласаң.
Ал қалама бар деди,
Халыққа хабар сал деди,
Мынаў жатқан журтыңнан,
Ләшкер жыйнап ал деди.
Қалып турған жаўың сол,
Соннан тыныш бол деди.
Халық сеники, тахт сеники,
Белимнен кетти қуўатым,
Диземнен кетти мәдетим,
Балам, өзиң бил деди.
Душпаннан, балам, қорықпассаң,
Тәўекел ет сен деди.
Сен бармасаң, ол келер,
Азғана журтың теңселер,
Ат жығылып, адам өлер,
Ҳақ қанларың төгилер,
Шарықлы дәўден қутылсақ,
Ҳәмме халықлар бағынар,
Бармайман деп сен қорықсаң,
Бир жыл қалды мәўлетке,
Сен бармасаң, дәў келер,
Сан мың қул менен жаў келер,
Ендигисин өзиң бил,
Аўырыў емес, саў келер.
Буннан кейин, әне «батыр аңқаў, ер гөдек» деген, бул душпанның сөзине ерип, «Көбикли дәўден артық емес шығар, заңғарды елдиң үстине алып келгеннен, үстине барып бағындырып қайтайын, Самарқанд халқына бармайын, халықты ойран қылмайын, бири айтпаса, бири айтар, Қоблан дүньяға келип сирә тынбады елим», — деп ол жолға раўана болмаға мейил етти.
Биреўдиң айтар атасы,
Биреўдиң айтар иниси:
Ертип кетсем ләшкерди,
Минген бедеў көлбесе,
Ертип кетсем көп ләшкер,
Қыя шөлде шөллесе,
Жаўды көрмей, урыс көрмей,
Қырылып шөлден келмесе,
Өлимнен жаман дәрт болмас
Ҳаққа тәўекел қылайын,
Алты ай демимди алайын,
Мен деп турған душпанға,
Соннан кейин барайын,
Аламан ертип кейниме,
Бизлер алдық шәҳәрди деп,
Душпанларды қырдық деп,
Тураба деген қалаға,
Ат ойнатып бардық деп,
Жақсы атты оған бергеннен,
Дабра қылып жүргеннен,
Қуўат берсин өзиме,
Минген бедеў желмесе,
Сирә бәле көринер,
Қәдиримди билмесе,
Ертип кеткен аламан,
Қырылып қайтып келмесе,
Биреўдиң келер атасы,
Биреўдиң келер баласы,
Биреўдиң келер иниси,
Иниси менен сиңлиси,
Ағам қәне дегенде,
Не деп жуўап беремен.
Ол азапты көргенше,
Қырық жигит ертип кейниме,
Шарықлының елине,
Тәўекел қылып аллаға,
Тереклерин қырықтырып,
Өзим барып душпанға,
Бағындырып келермен.
Егер бағындыра алмасам,
Суўға атып өлермен
Сөйтип Қоблан батыр алты ай атын бағып, шәҳәринде жатты. Бир ай арадан өтти. Ҳәр айда Ақшаханға барып, көп дүньясын алып арадан ярым жыл өткенде Қоблан торы атқа ер салып, зәртең-зәабердең мустаҳкем ертлеп алып, кейнине қырқ жигит ертип, Мәскеў-Тураба кетпек болды.
Буның кетерменлигин билип, аяғына бас урып, еки көзине жас алып, тула бойы босасып, ата-анасы бир сөз айтты:
— Ақшаханның айтқан тилин аласаң,
Қалмақ көрсең қара қурттай қырасаң,
Ата-анаңды жолыңызға зар қылып,
Қоблан балам, енди қайда барасаң?
Ата-анаңды қара жерге қоймадың,
Душпан менен урысқа балам тоймадың,
Бул журтыңа сирә ийе болмадың,
Аттан түскил, жигербентим перзентим.
Бул баратқан сапарыңды тилейин.
Әжел жетсе, мен алдыңда өлейин,
Инанбағыл Ақшаханның сөзине,
Сен кетсең, шырағым, қәйтип көнейин!
Өз қолыңнан шалып кет,
Жерлерге бизди көмип кет,
Сенлер кетсең бул жерден,
Жаўлар шабар елиңди,
Инанба залым сөзине,
Қан қуйылсын көзине,
Ақшахандай ол залым,
Душпан, балам өзиңе.
Қоблан сонда сөйледи:
—Саўаш күни торы атыма минермен,
Не салғанын ығбалымнан көрермен,
Жылай берме еки бирдей қариялар,
Алты айда айланып және келермен.
Әжелим жетип өлмесем,
Қара жерге кирмесем,
Келетуғын күн болса,
Ақшахандай ол ханды,
Тирилей жерге көмермен.
Усыдан қайтып келген соң,
Душпанлығын ол ханның,
Соннан соң, ата, билермен.
Буннан соң орамал алып қолына, шығып ярдың жолына, орамалын қыя шалып, көргенлердиң ақлын алып, қасын қағып, қыя бағып, сымдай буралып, он еки муҳам жылўа менен сүзип көзин, танытып өзин кеўлин толтырып әрманға бир аўыз сөз айтты Қуртқа сулыў Қобланға:
— Гүлдей бул басымда тәрзим бар,
Бес ўақ намаз бир алладан қарызым бар,
Бизди таслап султаным қайда барасаң,
Гирипдарың ярың айтар арзы бар,
Ҳеш бир жерде көринбейди көзиңе,
Ашық, болып интизарман өзиңе,
Алғаныңды сен кейниңде жылатып,
Иркилип тур, қулағың сал сөзиме.
Маған бергил көрисейин қолынды,
Мен айтайын оңың менен солыңды,
Инансан Ақшаханның сөзине,
Ақшахан шаптырды қыпшақ халқыңды.
Нешше адамның пайманасы толғанды,
Халқыңның жартысы өлип болғанды,
Мынаў елдиң бүлмегине, қостарым.
Ақшахандай ханлар себеп болғанды.
Алдыңда ағаң жоқ, кейниңде иниң,
Сөйлесең мазалы сениң ҳәм тилиң,
Билсеңиз Ақшахан сизлерге душпан,
Енди душпанлығын төрем өзиң бил.
Қолдан келмес сизге саўда салмаға,
Талап етти ҳәзир елге бармаға,
Ақшаханды сирә душпан билмейсең,
Талабы бар сизден бизди алмаға.
Ярым деп айтаман сөзди өзиңе,
Қырқ жигитти ертип шықтың изиңе,
Нәсиятым биле билсең Қобланым,
Инанбаңыз Ақшаханның сөзине.
Онда Қоблан сөйледи:
— Испаҳаннан қылыш алдым қолыма,
Жаў келалмас енди қыпшақ елине,
Мақтаўлы қыз Қуртқа сениң өзиңиз,
Жылап кесапатты қылма жолыма.
Ҳәр сөз айтып мениң есим аласаң,
Сөз айтып жолыма кесир қыласаң,
Душпан келалмайды енди елиме,
Бизлер кетсек, елде сен өзин барсаң.
Саўаш күни бедеў жалын өрмеймен,
Аққан суўдай кем-кем алға өрлеймен,
Ғайратың ҳеш ўақта меннен кем емес,
Сенлерди өзимнен кейин көрмеймен.
Торышама батырлықтан қамшы урдым,
Қия шөлде ақ кириўке қайғырдым,
Бизлер кетсек, сен қаларсаң еллерде,
Аз ғана халқымды саған тапсырдым.
* * *
Өмирлик аҳыў зарынан,
Рухсат алып ярынан,
Дәўкемпирдиң елине,
Турабаның шәҳәрине,
Қырық жигит ертип кейнине.
Әне Қоблан жөнеди.
Алдында жоқ ағасы,
Жалғыз туўған ерлердиң,
Алла болғай панасы,
Қыдырбайдай ғаррының,
Тилеп алған баласы.
Бес айшылық жолларда,
Бар екен дәўдиң қаласы,
Ол түсимде көргеним,
Қырқ жигитлер жүриңлер,
Ал кейниме ериңлер,
Қорықпай жүриң батырлар.—
Жолға раўан болады,
Гәҳи елде, гә шөлде,
Жете алмай сегбир қылады.
Кийик пенен қуланды,
Қуўып алып майданда,
Тамақ қылып барады.
Бир ярым ай толады,
Жете билмей барады.
Еки ай мәҳәли болғанда,
Сары таў деген жерлерде,
Мәскан қылып барады.
Сары таўдың үстинде,
Жағалап қалың еллерди,
Ол өзине Қобланды,
Бақый қылып барады.
Арадан үш ай өткенде,
Қоблан деген даңқына,
Не бир турған қалалар,
Алдына шығып адамлар,
Иззет қылып Қобланға,
Сәлемлесип турады.
Төрт ай он күн толғанда,
Бир шәшмениң басында,
Қоблан таяр болады.
Сол жерди мәкан қылады.
Әне, Қоблан бүйерде жатып, ишинде бир қоррандоз Қарағумман баба деген бар еди. Оған Қоблан пал салдырды. Онда қоррандоз Қарағумман баба бир сөз айтты:
—Алтын баслы Қобланым,
Басшы болған Султаным,
Қорра салып қарайман,
Исене гөрме бул палға,
Нәзер салып қарасам,
Алатуғын жаў да жоқ,
Шығатуғын жан да жоқ,
Төгилетуғын қан да жоқ,
Мойнында бар тумары,
Жаўда болған қумары,
Қорра салып қарасам,
Астында бар тулпары,
Душпан менен қас болған,
Жасы оныңда толған,
Сырттан сизге дос болған,
Боз туйғын аты астында,
Шолақ найза дәстинде,
Бир көрмектиң қастында,
Сизге дуўшар болады,
Баратқан жолдың устинде,
Оннан бөтен нәрсе жоқ,
Усы екен қарағым,
Мына палдың ишинде.
Булманда Қоблан батыр жети күн жатып, сегизленши күн жолға раўана болды. Бир дәрьяны жағалап, таўдан төмен түскенде, атының қуйрығы сипседей болған, өзиниң жасы жетписке толған, найзасы ҳәм шомпыр болған биреў Қобланнын алдынан таяр болды Қобланға қарап бир-еки аўыз сөз айтты:
— Сапар тартып бул жерлерде жүресең,
Өзиң алым ҳақ санасын билесең,
Қырқ жигит кейниңде, найзаң дәстиңде,
Нур сыпатлы улым, қайдан келерсең?
Астыңа минипсең қарт гүрең атың.
Рустемдей барды сениң ғайратың.
Қайсы жерден қай шәҳәрге барасаң,
Биз ағаңа баян әйле елатың.
Шыққан сапарларың иним оң болсын,
Күйип жанып душпанларың күл болсын.
Талабан болыпсаң душпан елине,
Келген қыпшақ беги сизге жол болсын.
Сонда Қоблан сөйледи:
— Аттың қарап оңы менен солына,
Кесапат қылмағыл сөйлеп жолыма,
Атым сорасаң батыр Қоблан дейдилер,
Сапар еттим Дәўкемпирдиң елине.
Қәҳәрленсем душпан баўрын тилермен,
Сорасаң жолым Самарқандтан келермен,
Мен бараман Шарықлының елине,
Сорасан атым Қоблан батыр боларман.
Сонда баба сөйледи:
— Бир гәп айтсам, жара түсер сийнеңе,
Абырай барда қайтқыл иним кейниңе,
Айтқан нәсиятым тыңласаң қыпшақ,
Ҳәлек болып талап қылма дәўлерге.
Әжел жоқ адамлар шөллерде өлмес,
Өзи душпан бир қуданы бир билмес,
Нешше батыр келип қайтқан бул жерге,
Дәўкемирди алмақ қолыңнан келмес.
Өмиримде таўды аралап жүрермен,
Дәўкемпир қастында бәрҳама барман,
Жасым келди алпыс-жетпис жасларға,
Атымды сорасаң айыллы Орақ боларман.
Душпанлар қамалап есимди алды,
Палўанлар басына саўдалар салды,
Алалмайсаң Дәўкемпирди батырым,
Дәўкемпир зорлықтан аман-саў қалды.
Әскерлер шығады балам жолыңнан,
Ҳеш нәрсе келмейин қайтар қолыңнан,
Жолдас қылсаң бизлер киби бабаңды,
Жаман жаўдыр, жәрдемлесиң боларман.
Қызыл көк атымыз боз туйғын болды,
Шабысып найзамның тыйығы қалды,
Сонда да ала алмай, әрманлы бабаң,
Алдырмайды қайт қыпшағым елиңе.
Анда Қоблан сөйледи:
—Талап етип шықтым баба дәўлерге,
Қылышымды байлап алып беллерге,
Жүре бергил қаза салып қоңырат,
Жалланбаспан ҳеш ўақта да сенлерге.
Сөзиңди айтасаң пышақтай жанып,
Атыңды еситтим жүдә ҳәм қанып,
Жалынбайман ҳеш ўақытта сизлерге,
Жаў алмақ келмейди қоңырат қолыңнан,
Жүре бер алты баў қазанды салып.
Анда баба сөйледи:
—Қулақ салып турман сениң сөзиңе,
Ғайбана дос едим иним өзиңе.
Менменлик әйлейсең сен иним Қоблан,
Қысылғанда бабаң түсер көзиңе.
Баба жолға раўана болды. Қоблан да жолға раўана болды. Ендиги сөзди Дәўкемпирдиң қаласынан еситиң. Жети еди баласы, жетеўи жети шәҳәрдиң патшасы еди. Қараўыл болып әскерлер тоғыз жолдың дәрбентин тосып турар еди.
Тоғыз жолдың дәрбентине келсе, узақтан көтерген туўды көрди. Қаласы жоқ далада, буны көрип Қоблан таўдың үстине шығып, Қарағумман бабаға қорра салдырды. Палшы айтты:
— Жалғыз иним мәрт Қоблан, бул кеткеннен кетесең, бул әскерге жетесең, азырақ урыс салып ҳалыңды көрерсең, бирақ сизге алдырмайды, алатуғын малың жоқ, ишиңнен шығатуғын жаның көп, усы жерде жатып елге қайтсақ, қалай болар екен, —деди.
Анда Қоблан айтты: — ҳәй баба, бүйерден келип қайтқанымыздан, өлим жақсы, «ақмақ суў көрмей етик шешеди» дегендей бул да сөз бе, —деп атланып туўға қарап жүрди.
Туўға қарап барғанда,
Бир адам шығып сөйледи:
—Не, қарасаң сен,—деди,
—Жолаўшымысаң, қулмысаң,
Үмитиң болса жаныңнан,
Қыймылдамай тур деди.
Үмит үзсең жаныңнан,
Берманырақ кел деди.
Атынды айтта, ҳаслыңды айт
Атыңды айтып жүр деди.
Тыңламады мәрт Қоблан,
Жақын барды алдына,
Бул қаяқтың әскери,
Қай шәҳәрден келерсең?
—Мениң атым сорасаң,
Қоблан батыр, билесең,
Нурдың қара таўында;
Қозы гүзар, қой гүзар,
Жылан өткен таўында,
Ақшаханның елинде,
Самарқаннан келермен,
Меннен жолды сорасаң,
Шарықлы дәўге бараман,
Мен тиймеймен бағынса,
Егер бизге бағынбаса,
Жер менен жексен қыларман,
Кирсин мениң диниме,
Көнсин мениң ҳәмириме,
Батыр Қоблан боларман.
Үшпелек шертип қышқырып,
Сол ўақлары душпанлар,
Қамап турды Қобланды.
— Еситип ек атыңды,
Азыўлыға барды деп,
Көбиклидей патшаны,
Қурбанлық қылып шалды деп,
Баралмадық елиңе,
Бизге хабар салмады.
Талап қылып жүр едик,
Бараман деп елиңе,
Тәўир келдиң бүйерге, —
Қамап алды баланы,
Шыдамады мәрт Қоблан,
Мына душпан демине.
Ат қуйрығын түйеди,
Араласып батырлар,
Кең жазық жатқан майданда,
Ат ойнатып тийеди.
Қырқ жигит кетти қосылып,
Бир күн болды бул урыс,
Жекке шыққан палўанды,
Шалқасынан салады.
Дуўры келген душпанды,
Түйреп шаншып барады.
Бир ярым күн болғанда,
Өкше берди бул душпан,
Кейнинен басып барады,
Қызығып кетти Қобланлы,
Қашып урысып қалмақлар,
Қалаға жақын келеди.
Қобланға қарсы келгенлер,
Не бир батыр палўанлар,
Найзаларын бир таслап,
Қол көтерип турады,
Не бир келген баҳадырың,
Найза менен көтерип,
Қаңбақтай атып барады,
Қалаға жақын келгенде,
Жан тартып мынаў қалмақлар,
Қобланлыдай батырдың,
Пайманасын қуўырды,
Астындағы қарт гүрең,
Жеткермейди қалмаққа,
Қамайман деген ўағында,
Арқадан қурсап келгенде,
Қубладан шығып торы аты,
Қубладан қарсы келгенде,
Арқадан шығып турады.
Шетлеп шыққан қалмақтың,
Нешшесин гелле қылады.
Гәҳи қашты, гә қуўды,
Батырларға күн туўды,
Дәўкемпирдиң қаласынан,
Есапсыз әскер шубырды,
Қалаға жақын келгенде,
Үлкен жаман урыс болды.
Билеги жаман талады,
Қобланның көзи тынады,
Есабы жоқ көп әскер,
Қырқ жигит пенен Қобланды,
Тоқсан қабат қоршады.
Қашып қуўар Қобланда,
Ҳеш бир мәдет қалмады.
Еки көзи алаңлап,
Ер басына күн туўып,
Белли күнлер туўады.
Етиги менен суў кешип,
Ол ортада қалады.
Қоблан менен қырқ жигит,
Ортасында турады.—
Белли урыс болады.
Ҳәр бир жерден қышқырған,
Алды бетин жапырған,
Ҳалың қалай қыпшақ деп,
Келатыр достың баба деп,
Исиңниң көпдур шаласы,
Көрдиң бе сен жағдайың,
Қыдырбайдың баласы.
Тоз-тоз қылып қалмақты,
Келе берди жапырып,
Айырып алды Қобланды,
Айыллы Орақ бабасы.
Айыллы Орақ, ай Орақ,
Бул бабаның даўысын.
Еситкен соң көп қалмақ,
Дәўкемпир жатқан қалаға
Барып қалмақ қамалды.
Қобланлыдай батырды,
Дым билмеген душпаннан,
Айыллы Орақ бабаңыз,
Айырып сонда алады.
Қобланлыдай батырдың,
Дәрдине дәрман болады.
Сол ўақта болып хабардар,
Болған екен мәрт Қоблан,
Нешше жерден жарадар.
Душпанға сырын алдырмай,
Ортада оны қалдырмай,
Алып шықты далаға,
Қартайса да болдырмай.
Буннан кейин бир таўдың үстинде қырқ күн жатты. Қоблан нардай күшине толып, бабаны алдына салып, Дәўкемпирдиң генже улы Қызыр ерге бармаға талап қылды. Кетип баратырса, қубладан шаң көринди. «Буның алдына шығайын» деп, саўытын кийип, қарсы алдына жүрди. Киятқан караға жақын барды.
Жол бойы дуўшакерлескенде дос болсын, душпан болсын, жол сорамақ бурыннан қалған еди, «топа-торыстан урысқан айып болар»,—деп Қоблан жол болсын сорады:
—Ҳаўа жаўса, айдын көллер сел болсын,
Жылдан-жылға дәўлетиңиз мол болсын,
Айт жөниңди, душпанбысаң, доспысаң,
Жолда дуўшарласқан батыр жол болсын.
Ашылғанда бәлент таўда гулиңди,
Қәҳәрленсем от шығады тәнимнен,
Жөниңди айтпасаң қарап етермен, /
Баян әйле келатырған жериңди.
Хабарлас жигитим, бери келип кет,
Жан барында шыққан жериң баян ет,
Сапар әйлеп қәҳәр менен шығыпсаң,
Кейниңизге ертип алып қырқ жигит.
Сонда жолаўшы сөйледи:
—Талап етип шықтым он төрт жасымда,
Қосылғанша қәйбир күлфет басымда,
Қәҳәрленип жол болсынды сорама,
Қырқ баҳадыр жигитим бар қасымда.
Жерлер титирейди мениң бадымнан,
Қашқан қутылмайды қуўсам алдымнан,
Атам—Абдулладур, атым—Ер Сайым,
Келатырман Шам шәҳәри халқымнан.
Душпан дуўшар келсе, өзим тураман,
Жан алса да таймай қылыш ураман.
Қоблан менен дос болыўға талап қып,
Бес жыл болды өзин излеп бараман.
Барып едим излеп Азыў елине,
Кеткен екен жете алмадық кейнине,
Қоблан ердиң жандай досты боларман,
Бирақ, көрине алмай жүрмен өзине.
Жеңип жаўды асқан екен ҳәдди деп.
Еситип ек Алшағырға кетти деп.
Оған да барып ем кетип қалыпты,
Излеп жүрмен қалай сапар етти деп.
Асқан оның батырлығын билермен,
Қосылып душпанның баўырын тилермен,
Атым Сайым ғайбана дос Қобланға,
Шам халқынан талап әйлеп келермен.
Турпайы көринди әўел сөзиңиз,
Жаңа шырайына енди жүзиңиз,
Мениң атым сорасаңыз Ер Сайым,
Баян әйле ким боласыз өзиңиз?
Анда Қоблан сөйледи:
- Ашылмай гүлдей соларман,
Дослар болсаң бизлерге,
Қушағыма аларман.
Жеңилсе жаўдан әрманлы,
Қалмас батыр дәрманлы,
Излеген достың Сайым жан.
Өзимиз болар Қобланлы.
Оңғарғай—деп—бул исти,
Бекитиўге жүристи,
Қамқаларын бир таслап,
Қушақласып көристи.
Ўақты шыннан хош болды,
Бир-бирине ес болды,
Ашып мәртлер көкирегин,
Қыяметлик дос болып,
Мынадай ойға келипти,
Еки батыр қосылып:
Буннан былай шығайық,
Қызыр дәўге барайық,
Жайлаўда жүрген жылқысын,
Қуўып алып қайтайық.
Нешше ай, нешше күн жол жүрип, Қызырдың жатқан жерине барды, жайылып атқан жылқыдан бир бөлек жылқысын айырып, жолға салды. Буның ишинен ешки туяқ жийрен ат услатпай қашты.
Жеталмай қуўса тулпар ат,
Қашып кетти жийрен ат,
Қашқан пәтин босатпай,
Ҳарам өлгир ҳайўанат,
Адамдай жаны қыйналды,
Билгендей пайда, зыянды,
Қызыр жатқан орданы,
Оқыранып айланды.
Буны көрип Қызыр ер,
Болдым ба деп қара жер,
Қәҳәр менен сол мәҳәл,
Жийрен атқа салды ер,
Найза алып дәстине.
Минип аттың үстине,
Жылқының қуўды изинен,
Қарамай бәлент-пәсине,
Қәҳәр менен қуўады,
Жақынлап ара қалады,
Көрингенде қарасы,
Аттан жерге қонады,
Тасалап алып бир жерди,
Сары жайын алады,
Жайға оқты салады,
Өлер жериң усы деп,
Өкпеликтиң тусы деп,
Оқты тартып қалады.
Атқан оғы шырлатты,
Дүңкимеди қырлатты,
Қырқ жигиттиң ишинде
Бир жигитти қулатты,
Жийрен атқа қарамай,
Тағы оғын алады,
Гезек-мезек сорамай,
Тағы бир оқты салады,
Таўлап тартып қалады,
Ысқырып оғы барады,
Жан жерден тийе қалады,
Таң қаларлық болады.
«Разы бол, аға» деп,
Еки жигит қулады.
Анда Қоблан сөйледи,
Сөйлегенде не деди:
— Мына келген душпанға,
Тайсалмастан барайын,
Ушырып күлин аспанға,
Бир тамаша қылайын,
Жүре берсек қырады,
Қашқан болмас ылайық,
Арыслан туўған Ер Сайым,
Тайынбайық, турайық,
Мына келген залымға,
Қарсыласып барайық.
Буларға қарсы турады,
Айыллы Орақ бабадан,
Руқсат Сайым сорады,
Әжеп болар, балам, деп,
Жуўап бере қалады,
Қәҳәр менен Ер Сайым,
Қызыр дәўге қарады,
Әўелги гезек меники,
Келлеғар деп сорады.
Гәпимди қалай көресиз,
Бәленттен пәске журесиз,
Үстиңе келген мийманды.
Батыр болсаң Қызыр ер,
Гезекти бизге бересиз.
Ол да қайтпас ер еди,
Қарсы қарап тур еди,
Әмелиң болса ал деди,
Талтайып Қызыр турады.
Сонда турып Ер Сайым:
«Ғапылда болма сен деди,
Ал атаман мен деди,
Пирим Шаҳимардан деп,
Қаўсыл Қияс пирим деп»,
Сары жайдан оқ атты,
Оқлар барып шырп етти,
Берди мәрттиң тилегин,
Дәл жүректен оқ өтти.
Оңлады батыр талапты,
Талмай етип ғайратты,
Латманатқа сыйынып,
Қызыр ериң қулапты.
Үш жигити Қобланның,
Оқтан ушып өлген соң,
Қапа болып жылапты.
Буннан кейин, бул жерде Қызыр дәўди өлтирип, Дәўкемпирдиң халқына қарай сапар тартты. Арадан бир нешше күн өтти. Жол журип Дәўкемпирдиң қаласына жетти. Жақынлап бара бергенде, есабы жоқ көп әскер ушырай кетти.
Бул әскерлер менен, нешше күн урысып, ақырында жеңип, әскерлерди Дәўкемпирдиң қаласына тықты.
Дәўкемпир бул ислерден бурыннан-ақ хабардар еди. Қорра таслап қарағанда Ер Сайымның ғайратын Қобланнан басымырақ көрип, батыр болса да қолына түсетуғынын палўан билип, кемпир урыс майданына шықты.
Темирден тон кийип, көк полатқа қурсанып, Ер Сайымға талабан болды. Кемпир Ер Сайымға барып, Ер Сайым менен гүреспекке тайын болды.
Еки батыр тутысты,
Сәскеге дейин гүрести,
Бирин-бири жыға алмай,
Ҳайран болып турысты,
Песин ўақты болғанда,
Наймыт өлгир маманың,
Аш белинен алады.
Ыңыранып жанбас салады
Бир мәртебе зор қылып,
Көтериңкиреп барады.
Көкирегине келтирип,
Тағыда зор қылады.
Енди жығар ўақтында,
Кемпирдиң салған қыйқыўы,
Топ атқандай болады,
Үзилип кетип кемпирдиң,
Зорға турған ышқыры,
Кемпир сасып жылады:
«Батыр жолда саспа деп,
Қара жерге баспа деп,
Жаздыра гөр белимди,
Әбрәйимди ашпа деп»,
Ғам-гүнге кеўлин толтырды,
Қызыл жүзин солдырды,
Батырлығын билдирди,
Қан майданы болса да,
Жайылған көпти күлдирди.
Кемпирге берген мәўлетти,
«Өйбей ғана бала» деп,
Алғаннан соң рухсатты.
Ҳайран қалып бул жерде,
Қарап турды әлеўмет,
Әсте ақырын тасалап,
Кемпирдиң қылған исине,
Сайымның қасына барып,
Ғапылда турған жеринде.
Қағып салып ийнине,
Алып кетти бул кемпир,
Дәрўазаның ишине.
Мамаң ҳәдден асады,
Сайымды алып қашады,
Кеўлиндеги болған соң,
Дәрўазаны басады.
Ҳәмир болып ислерден,
Болған урыс тоқтады.
Буннан кейин Ер Сайымның жигитлери Қобланның алдына барып, бир сөз айтты:
— Жүйрик едик шашпай-желмей майрылдық,
Лашын едик қанатлардан қайрылдық,
Арзымды есит Қоблан атлы жан аға,
Ер Сайым палўаннан бизлер айрылдық.
Жуўап берши бизлерге,
Қуллығың боп сизлерге,
Ер Сайымнан айырылып,
Не деп барамыз елге,
Ортаға өзим урайын,
Жанға жәбир қылайын,
Жуўап берши, аға жан,
Артықпыз ба Сайымнан
Кейнинен излеп барайын.
Анда Қоблан «асықпаңыз» деп дағыстанға шығып кетти:
Ендиги сөзди Дәўкемпирден еситиң: Сайым баланы ишке алып, жети күн сақлап, мама айтты:
— Ҳәй Ер Сайым, маған бағынасаң! — деди.
Ер Сайым ойланды: «бирди кеширеди деген, өли арысланнан тири тышқан артық»—деген, деп мамаға бағынатуғын болды. Мама сегизленши күни Сайымға жуўап берди.
Ер Сайым қаланы айланып қырқ жигитине қосылып, Қоблан менен сексен атлы болып, бирликте мәсләҳәт етти.
Айыллы Орақ баба айтты: —Ҳәй, жиглтлер, бул жатыстан ис питпес, суўды сағадан тыймақ керек, Алалай-Булалай шәҳәрине бармақ керек. Шарықлы деген бир дәўи болатуғын еди. Шарықлыны алсақ, бул қаланы алдым, деп санаўға болады. Бирақ қаласына бармайық, Мәскеў-Тураба деген теңиздиң ортасында бул дәўдиң мәканы болады. Ол қалаға жол таўып барыў қыйын, дәўдинң қус салып келип кететуғын жолын тосайық.— Айыллы Орақтың бул сөзи ҳәммеге мақул болды.
«Әне барайық, мине барайық» пенен арадан бир жыл өтти. Шарықлы дәўдиң жолын тосып, теңиздиң түбинде жай таўып, жата берди.
Шарықлы дәў ҳәр жылда еки рет қус салмаға шығар еди. Дағыстанға шығып кийик, қулан аўлар еди. Сол дәрбентти булар тосып турды. Бир күнлери шаңғытып киятқан думанды көрди. Туманбекен десе, бир майдан алдында ийтлери сыңсылап, қуслары шаңқылдап киятқан бәлени көрди.
Қоблан дәўди көргенде қурттай күсейтуғын еди. Туўларды көтерип, бул ҳәм алдынан қарсыласып бара берди. Шарықлы булардан бийхабар еди. Алдында туўды көрип, дәў бир сөз айтты:
— Қызыл туўды көтерген,
Жолымызда қарсы турған,
Ким боларсаң енеғар,
Атыңды айт та, ҳаслыңды айт,
Қай тәңирдиң қулысаң,
Қай кәрадан боларсаң,
Баян әйле атыңды,
Көринген бизге жаўмысаң,
Я бир жүрген жолаўшы,
Я бир сағым таўмысаң?
Анда Қоблан сөйледи:
— Қарт гүрең атым астымда,
Қайтпаған дәўлет басымда,
Қоңыраўлы найза қолымда,
Үш жыл болды келгеним,
Заңғар сениң қастыңда.
Енсең мениң диниме,
Қутқарарман сизлерди,
Бағындырсам халқыңды,
Дос тутарсаң бизлерди.
Басыңа саўда салмаға,
Менмендурман, мендурман,
Менменликке бел қойған,
Бәлки қара ер дурман.
Азыўдың аўыр шәҳәринде,
Көбикли атлы дәўиңди,
Қара жер менен тең қылған
Қоблан батыр мен дурман.
Санаўлы турған ер едим,
Қатарда нардың бири едим,
Үш жыл талап қылғаным,
Шарықлыдай палўансаң,
Дәрбент жолды алғаның,
Мен табалмай жүр едим,
«Айқассам» деп әрманым,
Маған жақын кел деди,
Алалай менен Булалай,
Басыңды ийип бер деди.
Ақкермен менен Жанкерменге,
Алдымда баслап жүр деди.
Анда дәўлер сейледи:
— Садағаң сениң кетейин,
Қоблан деген сен болсаң,
Бир қорегим етейин,
Барайын деп елиңе,
Қумар етип жүр едим.
Меннен бурын келипсең,
Бир тәўекел көрейин,
Бүлдирдиң бе халқымды,
Сазайыңды берейин!
Қарсыласып келеди.
Анда Қоблан сөйледи:
— Адымда турған Шарықлы,
Батыр болсаң сен деди,
Гезегимди бер деди.
Анда дәўлер турады,
Түсинбестен сөзине,
Гезек деген не деди,
Қаны толып көзине.
Анда Қоблан сейледи
— Қас батырдың белгиси,
Гезек пенен алысар,
Мерген болса атысар,
Гезек пенен бәтшағар,
Бул сөзлерди еситип,
Енди ғайрат қылысар,
Басыңқырап жүректи,
Артық туўған мәрт Қоблан,
Дәўге берди гезекти.
Гезегиңди ал деди.
Қолыңнан келсе тәниме,
Өлгендей жара сал деди.
Сол ўақытта Шарықлы,
Сары жайын қолға алып
Мынаў турған наймыт дәў,
Кегейдей оғын бир салып,
Дизесин жерге бир басып,
—Аты шыққан батырсаң.
Таймай турғыл сен деди,
Бала турды шырқырап,
Бир аллаға зар жылап,
Селлер болып көз жасы.
Қабыл болды тобасы,
Ҳәзир болып келипти,
Қызыр Ильяс бабасы.
Алмастан қалқанды тутты,
Келген оғы шақ етти,
Қорыққанынан мәрт Қоблан.
Көзиниң жасын төгеди,
Оқтың келген пәтинде,
Астындағы қарт гүрең,
Түйедей барып шөгеди.
Айыллы Орақ бабасы,
Алғыл бала әмел деп,
Қорықпа балам, қорықпа деп,
Турады тәселле берип.
Буннан кейин, дағыстанға шығып, шамаллап кеўлин басып, бир қудаға сыйынып, сары жайды атсам өтпес, қызыр Ильяс яр болса, қылышты қолға алып, қылышкерлик қылып бир тәўекел қылайын деп, әне Қоблан Шарықлы дәўге жақынласып бир сөз айтты:
— Алдым бийик, артым жар,
Айланарға жерим тар,
Жығылар болсам бириўбар,.
Он еки имам, төрт шәрьяр,
Балаңнан болғыл хабардар,
Зал аўлады Рустеми дәстан,
Мәдетти бергей Султан,
Пиримиз Шәҳимәрдан, — деп,
Атлана берди мәрт Қоблан,
— Беккем тутқыл өзиңди,
Қолыма қылыш аламан,
Бир ғана силтеп қаламан,
Батыр болсаң Шарықлы,
Тайынбастан тур, — деди.
Анда дәўлер сөйледи:
—Абайыңды қой деди,
Ҳәмелиң нешше болсада,
Заңғар қыпшақ ал деди.
Атадан жалғыз мәрт Қоблан,
Қамшы урады торы атқа,
Жеткергей алла муратқа,
Минди батыр ғайратқа,
Ат арқадан келеди,
Атты шаўып қублаға,
Урайын деп оқлады,
Атлар тасып өтеди,
Ол қубладан келеди,
Урайын деп қылышты,
Тәўекел етпей мәрт Қоблан,
Және тасып кетеди.
Силте Қоблан, силте деп,
Қубладан ҳаўаз келеди,
Түў сыртына бир келип,
Ат үстинде түргелип,
Ықыранып қылыш салады,
Пирим Шәҳимәрдан деп,
Урды силтеп қылышты,
Кескенин наймыт билмеди,
Тағы ур деп сөйледи,
Тебиренген ўағында,
Мынаў турған Шарықлы
Еки жаққа қулады,
Мынаў турған Шарықлы,
Тең бөлинип қалады.
Шарықлы дәў өлген соң,
Айыллы Орақ бабасы,
—Аўа-аўа, Қоблан, деп,
Марапат берип турады.
Қобланлының жүрегине,
Ҳәммеси ҳайран қалады.
Шарықлы дәўдиң геллесин,
Найзаларға қыстырып,
Алалай менен Булалайға,
Ат ойнатып барады.
Бул кеткеннен мәнзил-мәкан жерине жетти. Бир шәмшениң басында жатып кийик, қулан аўлады. Алалай менен Булалай шәҳәрине сол ўақлары бир хабар жетти. «Урмасын қылыш, жыламасын баламыз, кейнине еремиз, алсаң дүнья беремиз, айтқаныңа көнемиз» деди. Бул елшиниң хабары менен Шарықлының ели астыртын бағынды.
Бул Айыллы Орақ бабаң бул шәҳәрлерде ҳүкимдарлық етти.
Қобланның бул журтқа келгенлигине арадан алты жыл өткен екен. Баяғы Дәўкемпир мамаңнан бир қыз дөреген екен. Қыз ҳәм жети жасына келген екен. Қыз жети жасына келип, мәрдана күшине толып, ата-анасынан күшлирек палўан болды.
Дәўкемпир Қобланға хабар салды. Булар да Дәўкемпирдиң қаласына жүрди. Дәўкемпир былайынша сөз салды:
— Ғалаба урыс болмасын,
Жети жасар қызым бар,
Қыз палўан болды атағы,
Ортаға шықсын бир палўан,
Егер жықса қызымды,
Қайтпайман айтқан сөзимнен,
Бағынаман өзине.
Бул жуўаптан кейин, Айыллы Орақ бабаң айтты: «Енди қырғын болмасын, ортаға палўан шығарайық, бул заңғар әрмансыз болсын, буның ҳәм тамашасын көрейик», — деди.
— Әжеп болар, — деп ҳәммеси жуўап қайырды. Жети күн той берсин, және қырқ күн мәўлет берсин, айнымасын сөзинен, айныса түна өзинен,—деп жуўап берди.
Буннан кейин, той-тамаша бердирип, арадан неше күнлер өткенде, ўәдели күн жеткенде Дәўкемпир қызын ертип келди.
Жети жасар қыз палўан,
Ол ортаға келеди,
Ер Сайымдай бул палўан,
Бул да шықты буяқтан,
Ендиги гезек бизики,
Рухсат бериң бизге деп,
Ортаға талап қылады,
Айыллы Орақ бабасы,
Пәтия берип турады.
Ортаға шыққан ўақтында,
Мынаў турған Ер Сайым,
Көзге илмеди нашарды,
Менменликти ойлады,
Ортаға шықты палўанлар,
Бир тамаша болады.
Жағаласып палўанлар,
Қарсыласып турады.
Келип жанбас урады,
Күн ярым күн толғанда,
Тайынбай гүрес салады.
Жығалмады бир бирин,
Ҳайран болып турады.
Ер Сайымдай баланы,
Еки күн жүзи толғанда,
Қыздың қолы қызықты,
Белинен алды тарақты,
Қыз палўан қылды ғайратты.
Бир мәртебе зор қылып,
Мынаў турған Сайымды,
Дизесине миндирди.
Шөптей көрмей баланы,
Қаңбақтай қылып көтерип,
Қол ушына келтирип,
Таўлап жерге урады.
Менменликтиң дәртинен,
Мәдет бермей алласы,
Ер Сайымдай палўанның,
Мурады ҳасыл болмады,
Атаңа нәлет ахмақ қыз.
Қарқыратып шалады.
Геллесин бермей қалмаққа,
Атадан жалғыз мәрт Қоблан,
Қарт гүреңге қамшы урып,
Ортаға өзин урады.
Әўели гүрес болса да,
Кейин қырғын болады.
Араласып палўанлар,
Белли қырғын болады.
Жети күн урыс болады.
Жосылып аққан қызыл қан,
Сай менен ағып барады.
Ер Сайымның сүйеги,
Ол далада қалады.
Басқы таўып қалмақлар,
Қаласына қамалды.
Шыдамай мәрттиң урысына,
Қалмақлар бақый болады.
«Әламан» деп душпанлар,
Қол көтерип турады.
Айыллы Орақ бабаңды,
Соған басшы қылады.
Ат шаптырып далаға,
Жар урдырып қалаға,
Айыллы Орақ журты деп,
Дабыра қылып турады.
Дәўкемпирдиң шәҳәрине,
Ҳәмде оның халқына,
Шаменбет қалмақ журтына,
Басшылары өлген соң,
Алты барып бес қайтты,
Ала алмады бос қайтты.
Ер Сайым батыр өлген соң,
Ашыў менен мәрт Қоблан,
Қарсы шыққан душпанды,
Бирин қоймай жылатты,
Көзи қорыққан душпанлар,
Қыз палўанға қарамай
Бағындық деп шуўлапты.
Дәўкемпирдей мамаңның,
Пайманасы толады,
Бул урыстың кейнинен,
Қобланлыдан өледи.
Рейми келди Қобланның,
Дәўкемпир мамаң өлген соң,
Айыллы Орақ атам деп,
Сизге ерген ботаң деп,
Айыллы Орақ, ай Орақ,
Қызың болсын палўан деп,
Қыз палўан менен еккисине,
Мына журтты береди.
Әне урыс тамам болды. Бул журтты Айыллы Орақ пенеи Қыз палўанға тапсырып, ағайын-қарындасы болып, ҳәмирине көндирип, душпан болған қалмақты тирилей жерге көмдирип, бир жыл бул шәҳәрде жатып дем алды.
Өз жигитлери менен ҳәм Ер Сайымнан қалған жигитти өзине ини қылып, Қоблан саламат елине қайтты.
Қобланнын ерлиги: айдаўда келген халықтың есигин жел ашсын да, жел жапсын, аз ғана халық едим, көп болдым —деп Алшағырдан келген елдиң атын таза Қыпшақ қойды.
Ендиги сөзди баяғы қырқ жигиттен еситиңлер: Қызыл қудықтан көшип, кәрўанлардан бул елге келгенин еситип, мал-дүньясын айдап булар да айрылған елге қосылды.
Қоблан батыр Азыўлыдан аман қайтқанлығына, елин душпаннан айырып, өз журтына аман-есен, саў-саламат келгенине ат шаптырып далаға, жар урдырып қалаға, жети күн той берди. Бул тойды бергенде Ақшаханға хабар бермеди.
Ақшахан Қоблан тойына хабар бермесе де, алпыс еки ҳәмелдар, отыз еки мөҳирдарын жанына алып, Қобланның тойына қарай жолға раўана болды. Буның шақырмаған жерге барыўына себеп, тойды болған соң мал-мүлкимди ўайран қылар, басыма тахтымды зиндан қылар деп ойлаған еди.
Ақшахан Қобланның тойына келип, «ер үйине ер түсти, етегине қоз түсти» дегендей, Қобланның үйине түсти, Қоблан қыял етти: «Үйге келгенде талағаным батырлығыма ылайық емес, өлтиргенди де қояйын», деп батыр қәҳәрин қайтарды. Ханға орны менен тойдан үлесин берди.
Ақшахан Қобланның алдына келип, ҳәр түрли қошемет сөзлер менен мойнына пота салып, жуўҳалығын асырып, еткен исин жасырып, аяғына бас урып, не деп тур екен:
— Дүньяда душпанның жүзлери солсын,
Қоңсы болған елим, иним, көп болсын,
Бүлдирдиң душпанды елге келтирмей,
Бул берген тойларың мубарек болсын.
Душпанларға суўық самал ендирдиң,
Не палўанды әжел жетпей өлтирдиң,
Душпан елин Қорғаншаға келтирдиң
Биз бағындық ғайратыңа Қобланым.
Еситип ек барды деп Азыўлы елине,
Ғайрат пенен минип торы ат белине,
Сеннен бөтен бармас Азыў шәҳәрине,
Ғайратыңа қутлы болсын мәрт Қоблан.
Сен қайтардың душпанлардың ол пәтин,
Бир алла жеткерди сениң муратың,
Алшағырды тажы-тахтан қулатып,
Душпаннан айырып алдың елатың.
Ғаррылықты мен мойныма алыппан,
Алшағыр келипти билмей қалыппан,
Алып келдиң душпанлардан айырып,
Ойласам халқыма зулым болыппан.
Астыңа тартпаға келдим тахтымды,
Берейин пәтия, ашсын бахтыңды,
Тапсырмаға Самарқандай халқыңды,
Журтың қутлы болсын, иним Қобланым.
Бул елатым айтқанымды етпеди,
Алшағырлар мурадына жетпеди,
Алып кеткен бул журтыңды бүлдирип.
Кейнинен барыўға ҳәлим жетпеди.
Ғаррылығын бул Ақшахан билдирди
Душпанларды айтқанына көндирди,
Ақшаханның алып басынан тажын,
Қобланлыға алып барып кийдирди.
Қобланға тажын кийгизип, ақ кийизге салып көтерип, патшалықты берди, Қоблан Полатты шақырып алып, уламаларын жәм қылып, қазы-кәленларды келтирип, Ақшахан ханды алдына қойып, Қансулыў қарындасын Полатқа берди.
Қара қыпшақтың халқына Ақшахан қуда болып, қәде-қәўметин өткерип, бул ислер ҳәм тамам болғаннан кейин, Қоблан патша менен жарасып, шадыман болып, патшаға бир сөз айтты:
— Ата, мениң кийгеним болсын, сениң гүнайиңды алла өтсе, өттим, — деп тажыны өзине берди. Буннан кейин Қоблан айтты:
— Жақын жерде жаў бар ма,
Барар жерде даў бар ма,
Айтың хабарын бизлерге,
Ғайратымның барында,
Торы атыма минейин,
Жетер жерде душпанды,
Мына жерге келтирип,
Жылатқанша балаңды,
Өзим алып келейин.
Аннан соң тахқа минейин,
Ала алмастай күн болса,
Бүлингенин халқымның,
Көзим менен көргенше,
Үстиме жаўды келтирип,
Улым менен қызымды,
Алдағанын көргенше
Қолында оның өлейин,
Қаст еткен сизге дәў болса,
Хызметиңе барайын,
Сизлерге душпан жаў болса,
Басымды тартып турмайын,
Зорман деген заңғарды,
Өзим барып көрейин.
Ақшахан сонда сөйледи;
— Бастан кетпес қайғы менен ғүлпетим,
Бул дүньяда арылмаған мийнетим,
Жибериўге, балам, көзим қыймайды,
Не гәп айтсам екен сизге перзентим.
Бузылып дүзелди жаңа қалаңыз,
Сизлерди шер етип берди алламыз,
Үш жыл болды хат келеди, шырағым,
Хат салады Дәўкемпирдей мамаңыз.
Еситкели отлар шығып тәнимнен,
Қартайған соң қуўат кетип белимнен,
Ықтиярын берсин дейип бизлерге,
Хабар келди Шарықлыдай дәўинен.
Бул хабарын енди елге билдирсин,
Қобланлысын ҳәмирине көндирсин,
Ақбилек қызларын бизлерге берсин,
Усылай хабар келди дәўдиң тилинен.
Бедеў жуўырмаған аттың тоңынан,
Ғам-гүн болдым, мен перзенттиң жоғынан.
Бағынсын деп хат келеди, шырағым,
Хабар усы Алла дәўдиң улынан.
Еситкели бул сөзлерди саўым жоқ,
Қартайған соң бул басымда қайғы көп,
Барып келсең усы дәўдиң елине,
Алдыңа шыққандай сирә жаўың жоқ.
Ат ойнатсаң ол еллерге барарсаң,
Бара ғойсаң ығбалыңнан көрерсең
Ала ғойсаң Турабаның қаласын,
Соннан соң жаўлардан тыныш боласаң.
Ал қалама бар деди,
Халыққа хабар сал деди,
Мынаў жатқан журтыңнан,
Ләшкер жыйнап ал деди.
Қалып турған жаўың сол,
Соннан тыныш бол деди.
Халық сеники, тахт сеники,
Белимнен кетти қуўатым,
Диземнен кетти мәдетим,
Балам, өзиң бил деди.
Душпаннан, балам, қорықпассаң,
Тәўекел ет сен деди.
Сен бармасаң, ол келер,
Азғана журтың теңселер,
Ат жығылып, адам өлер,
Ҳақ қанларың төгилер,
Шарықлы дәўден қутылсақ,
Ҳәмме халықлар бағынар,
Бармайман деп сен қорықсаң,
Бир жыл қалды мәўлетке,
Сен бармасаң, дәў келер,
Сан мың қул менен жаў келер,
Ендигисин өзиң бил,
Аўырыў емес, саў келер.
Буннан кейин, әне «батыр аңқаў, ер гөдек» деген, бул душпанның сөзине ерип, «Көбикли дәўден артық емес шығар, заңғарды елдиң үстине алып келгеннен, үстине барып бағындырып қайтайын, Самарқанд халқына бармайын, халықты ойран қылмайын, бири айтпаса, бири айтар, Қоблан дүньяға келип сирә тынбады елим», — деп ол жолға раўана болмаға мейил етти.
Биреўдиң айтар атасы,
Биреўдиң айтар иниси:
Ертип кетсем ләшкерди,
Минген бедеў көлбесе,
Ертип кетсем көп ләшкер,
Қыя шөлде шөллесе,
Жаўды көрмей, урыс көрмей,
Қырылып шөлден келмесе,
Өлимнен жаман дәрт болмас
Ҳаққа тәўекел қылайын,
Алты ай демимди алайын,
Мен деп турған душпанға,
Соннан кейин барайын,
Аламан ертип кейниме,
Бизлер алдық шәҳәрди деп,
Душпанларды қырдық деп,
Тураба деген қалаға,
Ат ойнатып бардық деп,
Жақсы атты оған бергеннен,
Дабра қылып жүргеннен,
Қуўат берсин өзиме,
Минген бедеў желмесе,
Сирә бәле көринер,
Қәдиримди билмесе,
Ертип кеткен аламан,
Қырылып қайтып келмесе,
Биреўдиң келер атасы,
Биреўдиң келер баласы,
Биреўдиң келер иниси,
Иниси менен сиңлиси,
Ағам қәне дегенде,
Не деп жуўап беремен.
Ол азапты көргенше,
Қырық жигит ертип кейниме,
Шарықлының елине,
Тәўекел қылып аллаға,
Тереклерин қырықтырып,
Өзим барып душпанға,
Бағындырып келермен.
Егер бағындыра алмасам,
Суўға атып өлермен
Сөйтип Қоблан батыр алты ай атын бағып, шәҳәринде жатты. Бир ай арадан өтти. Ҳәр айда Ақшаханға барып, көп дүньясын алып арадан ярым жыл өткенде Қоблан торы атқа ер салып, зәртең-зәабердең мустаҳкем ертлеп алып, кейнине қырқ жигит ертип, Мәскеў-Тураба кетпек болды.
Буның кетерменлигин билип, аяғына бас урып, еки көзине жас алып, тула бойы босасып, ата-анасы бир сөз айтты:
— Ақшаханның айтқан тилин аласаң,
Қалмақ көрсең қара қурттай қырасаң,
Ата-анаңды жолыңызға зар қылып,
Қоблан балам, енди қайда барасаң?
Ата-анаңды қара жерге қоймадың,
Душпан менен урысқа балам тоймадың,
Бул журтыңа сирә ийе болмадың,
Аттан түскил, жигербентим перзентим.
Бул баратқан сапарыңды тилейин.
Әжел жетсе, мен алдыңда өлейин,
Инанбағыл Ақшаханның сөзине,
Сен кетсең, шырағым, қәйтип көнейин!
Өз қолыңнан шалып кет,
Жерлерге бизди көмип кет,
Сенлер кетсең бул жерден,
Жаўлар шабар елиңди,
Инанба залым сөзине,
Қан қуйылсын көзине,
Ақшахандай ол залым,
Душпан, балам өзиңе.
Қоблан сонда сөйледи:
—Саўаш күни торы атыма минермен,
Не салғанын ығбалымнан көрермен,
Жылай берме еки бирдей қариялар,
Алты айда айланып және келермен.
Әжелим жетип өлмесем,
Қара жерге кирмесем,
Келетуғын күн болса,
Ақшахандай ол ханды,
Тирилей жерге көмермен.
Усыдан қайтып келген соң,
Душпанлығын ол ханның,
Соннан соң, ата, билермен.
Буннан соң орамал алып қолына, шығып ярдың жолына, орамалын қыя шалып, көргенлердиң ақлын алып, қасын қағып, қыя бағып, сымдай буралып, он еки муҳам жылўа менен сүзип көзин, танытып өзин кеўлин толтырып әрманға бир аўыз сөз айтты Қуртқа сулыў Қобланға:
— Гүлдей бул басымда тәрзим бар,
Бес ўақ намаз бир алладан қарызым бар,
Бизди таслап султаным қайда барасаң,
Гирипдарың ярың айтар арзы бар,
Ҳеш бир жерде көринбейди көзиңе,
Ашық, болып интизарман өзиңе,
Алғаныңды сен кейниңде жылатып,
Иркилип тур, қулағың сал сөзиме.
Маған бергил көрисейин қолынды,
Мен айтайын оңың менен солыңды,
Инансан Ақшаханның сөзине,
Ақшахан шаптырды қыпшақ халқыңды.
Нешше адамның пайманасы толғанды,
Халқыңның жартысы өлип болғанды,
Мынаў елдиң бүлмегине, қостарым.
Ақшахандай ханлар себеп болғанды.
Алдыңда ағаң жоқ, кейниңде иниң,
Сөйлесең мазалы сениң ҳәм тилиң,
Билсеңиз Ақшахан сизлерге душпан,
Енди душпанлығын төрем өзиң бил.
Қолдан келмес сизге саўда салмаға,
Талап етти ҳәзир елге бармаға,
Ақшаханды сирә душпан билмейсең,
Талабы бар сизден бизди алмаға.
Ярым деп айтаман сөзди өзиңе,
Қырқ жигитти ертип шықтың изиңе,
Нәсиятым биле билсең Қобланым,
Инанбаңыз Ақшаханның сөзине.
Онда Қоблан сөйледи:
— Испаҳаннан қылыш алдым қолыма,
Жаў келалмас енди қыпшақ елине,
Мақтаўлы қыз Қуртқа сениң өзиңиз,
Жылап кесапатты қылма жолыма.
Ҳәр сөз айтып мениң есим аласаң,
Сөз айтып жолыма кесир қыласаң,
Душпан келалмайды енди елиме,
Бизлер кетсек, елде сен өзин барсаң.
Саўаш күни бедеў жалын өрмеймен,
Аққан суўдай кем-кем алға өрлеймен,
Ғайратың ҳеш ўақта меннен кем емес,
Сенлерди өзимнен кейин көрмеймен.
Торышама батырлықтан қамшы урдым,
Қия шөлде ақ кириўке қайғырдым,
Бизлер кетсек, сен қаларсаң еллерде,
Аз ғана халқымды саған тапсырдым.
* * *
Өмирлик аҳыў зарынан,
Рухсат алып ярынан,
Дәўкемпирдиң елине,
Турабаның шәҳәрине,
Қырық жигит ертип кейнине.
Әне Қоблан жөнеди.
Алдында жоқ ағасы,
Жалғыз туўған ерлердиң,
Алла болғай панасы,
Қыдырбайдай ғаррының,
Тилеп алған баласы.
Бес айшылық жолларда,
Бар екен дәўдиң қаласы,
Ол түсимде көргеним,
Қырқ жигитлер жүриңлер,
Ал кейниме ериңлер,
Қорықпай жүриң батырлар.—
Жолға раўан болады,
Гәҳи елде, гә шөлде,
Жете алмай сегбир қылады.
Кийик пенен қуланды,
Қуўып алып майданда,
Тамақ қылып барады.
Бир ярым ай толады,
Жете билмей барады.
Еки ай мәҳәли болғанда,
Сары таў деген жерлерде,
Мәскан қылып барады.
Сары таўдың үстинде,
Жағалап қалың еллерди,
Ол өзине Қобланды,
Бақый қылып барады.
Арадан үш ай өткенде,
Қоблан деген даңқына,
Не бир турған қалалар,
Алдына шығып адамлар,
Иззет қылып Қобланға,
Сәлемлесип турады.
Төрт ай он күн толғанда,
Бир шәшмениң басында,
Қоблан таяр болады.
Сол жерди мәкан қылады.
Әне, Қоблан бүйерде жатып, ишинде бир қоррандоз Қарағумман баба деген бар еди. Оған Қоблан пал салдырды. Онда қоррандоз Қарағумман баба бир сөз айтты:
—Алтын баслы Қобланым,
Басшы болған Султаным,
Қорра салып қарайман,
Исене гөрме бул палға,
Нәзер салып қарасам,
Алатуғын жаў да жоқ,
Шығатуғын жан да жоқ,
Төгилетуғын қан да жоқ,
Мойнында бар тумары,
Жаўда болған қумары,
Қорра салып қарасам,
Астында бар тулпары,
Душпан менен қас болған,
Жасы оныңда толған,
Сырттан сизге дос болған,
Боз туйғын аты астында,
Шолақ найза дәстинде,
Бир көрмектиң қастында,
Сизге дуўшар болады,
Баратқан жолдың устинде,
Оннан бөтен нәрсе жоқ,
Усы екен қарағым,
Мына палдың ишинде.
Булманда Қоблан батыр жети күн жатып, сегизленши күн жолға раўана болды. Бир дәрьяны жағалап, таўдан төмен түскенде, атының қуйрығы сипседей болған, өзиниң жасы жетписке толған, найзасы ҳәм шомпыр болған биреў Қобланнын алдынан таяр болды Қобланға қарап бир-еки аўыз сөз айтты:
— Сапар тартып бул жерлерде жүресең,
Өзиң алым ҳақ санасын билесең,
Қырқ жигит кейниңде, найзаң дәстиңде,
Нур сыпатлы улым, қайдан келерсең?
Астыңа минипсең қарт гүрең атың.
Рустемдей барды сениң ғайратың.
Қайсы жерден қай шәҳәрге барасаң,
Биз ағаңа баян әйле елатың.
Шыққан сапарларың иним оң болсын,
Күйип жанып душпанларың күл болсын.
Талабан болыпсаң душпан елине,
Келген қыпшақ беги сизге жол болсын.
Сонда Қоблан сөйледи:
— Аттың қарап оңы менен солына,
Кесапат қылмағыл сөйлеп жолыма,
Атым сорасаң батыр Қоблан дейдилер,
Сапар еттим Дәўкемпирдиң елине.
Қәҳәрленсем душпан баўрын тилермен,
Сорасаң жолым Самарқандтан келермен,
Мен бараман Шарықлының елине,
Сорасан атым Қоблан батыр боларман.
Сонда баба сөйледи:
— Бир гәп айтсам, жара түсер сийнеңе,
Абырай барда қайтқыл иним кейниңе,
Айтқан нәсиятым тыңласаң қыпшақ,
Ҳәлек болып талап қылма дәўлерге.
Әжел жоқ адамлар шөллерде өлмес,
Өзи душпан бир қуданы бир билмес,
Нешше батыр келип қайтқан бул жерге,
Дәўкемирди алмақ қолыңнан келмес.
Өмиримде таўды аралап жүрермен,
Дәўкемпир қастында бәрҳама барман,
Жасым келди алпыс-жетпис жасларға,
Атымды сорасаң айыллы Орақ боларман.
Душпанлар қамалап есимди алды,
Палўанлар басына саўдалар салды,
Алалмайсаң Дәўкемпирди батырым,
Дәўкемпир зорлықтан аман-саў қалды.
Әскерлер шығады балам жолыңнан,
Ҳеш нәрсе келмейин қайтар қолыңнан,
Жолдас қылсаң бизлер киби бабаңды,
Жаман жаўдыр, жәрдемлесиң боларман.
Қызыл көк атымыз боз туйғын болды,
Шабысып найзамның тыйығы қалды,
Сонда да ала алмай, әрманлы бабаң,
Алдырмайды қайт қыпшағым елиңе.
Анда Қоблан сөйледи:
—Талап етип шықтым баба дәўлерге,
Қылышымды байлап алып беллерге,
Жүре бергил қаза салып қоңырат,
Жалланбаспан ҳеш ўақта да сенлерге.
Сөзиңди айтасаң пышақтай жанып,
Атыңды еситтим жүдә ҳәм қанып,
Жалынбайман ҳеш ўақытта сизлерге,
Жаў алмақ келмейди қоңырат қолыңнан,
Жүре бер алты баў қазанды салып.
Анда баба сөйледи:
—Қулақ салып турман сениң сөзиңе,
Ғайбана дос едим иним өзиңе.
Менменлик әйлейсең сен иним Қоблан,
Қысылғанда бабаң түсер көзиңе.
Баба жолға раўана болды. Қоблан да жолға раўана болды. Ендиги сөзди Дәўкемпирдиң қаласынан еситиң. Жети еди баласы, жетеўи жети шәҳәрдиң патшасы еди. Қараўыл болып әскерлер тоғыз жолдың дәрбентин тосып турар еди.
Тоғыз жолдың дәрбентине келсе, узақтан көтерген туўды көрди. Қаласы жоқ далада, буны көрип Қоблан таўдың үстине шығып, Қарағумман бабаға қорра салдырды. Палшы айтты:
— Жалғыз иним мәрт Қоблан, бул кеткеннен кетесең, бул әскерге жетесең, азырақ урыс салып ҳалыңды көрерсең, бирақ сизге алдырмайды, алатуғын малың жоқ, ишиңнен шығатуғын жаның көп, усы жерде жатып елге қайтсақ, қалай болар екен, —деди.
Анда Қоблан айтты: — ҳәй баба, бүйерден келип қайтқанымыздан, өлим жақсы, «ақмақ суў көрмей етик шешеди» дегендей бул да сөз бе, —деп атланып туўға қарап жүрди.
Туўға қарап барғанда,
Бир адам шығып сөйледи:
—Не, қарасаң сен,—деди,
—Жолаўшымысаң, қулмысаң,
Үмитиң болса жаныңнан,
Қыймылдамай тур деди.
Үмит үзсең жаныңнан,
Берманырақ кел деди.
Атынды айтта, ҳаслыңды айт
Атыңды айтып жүр деди.
Тыңламады мәрт Қоблан,
Жақын барды алдына,
Бул қаяқтың әскери,
Қай шәҳәрден келерсең?
—Мениң атым сорасаң,
Қоблан батыр, билесең,
Нурдың қара таўында;
Қозы гүзар, қой гүзар,
Жылан өткен таўында,
Ақшаханның елинде,
Самарқаннан келермен,
Меннен жолды сорасаң,
Шарықлы дәўге бараман,
Мен тиймеймен бағынса,
Егер бизге бағынбаса,
Жер менен жексен қыларман,
Кирсин мениң диниме,
Көнсин мениң ҳәмириме,
Батыр Қоблан боларман.
Үшпелек шертип қышқырып,
Сол ўақлары душпанлар,
Қамап турды Қобланды.
— Еситип ек атыңды,
Азыўлыға барды деп,
Көбиклидей патшаны,
Қурбанлық қылып шалды деп,
Баралмадық елиңе,
Бизге хабар салмады.
Талап қылып жүр едик,
Бараман деп елиңе,
Тәўир келдиң бүйерге, —
Қамап алды баланы,
Шыдамады мәрт Қоблан,
Мына душпан демине.
Ат қуйрығын түйеди,
Араласып батырлар,
Кең жазық жатқан майданда,
Ат ойнатып тийеди.
Қырқ жигит кетти қосылып,
Бир күн болды бул урыс,
Жекке шыққан палўанды,
Шалқасынан салады.
Дуўры келген душпанды,
Түйреп шаншып барады.
Бир ярым күн болғанда,
Өкше берди бул душпан,
Кейнинен басып барады,
Қызығып кетти Қобланлы,
Қашып урысып қалмақлар,
Қалаға жақын келеди.
Қобланға қарсы келгенлер,
Не бир батыр палўанлар,
Найзаларын бир таслап,
Қол көтерип турады,
Не бир келген баҳадырың,
Найза менен көтерип,
Қаңбақтай атып барады,
Қалаға жақын келгенде,
Жан тартып мынаў қалмақлар,
Қобланлыдай батырдың,
Пайманасын қуўырды,
Астындағы қарт гүрең,
Жеткермейди қалмаққа,
Қамайман деген ўағында,
Арқадан қурсап келгенде,
Қубладан шығып торы аты,
Қубладан қарсы келгенде,
Арқадан шығып турады.
Шетлеп шыққан қалмақтың,
Нешшесин гелле қылады.
Гәҳи қашты, гә қуўды,
Батырларға күн туўды,
Дәўкемпирдиң қаласынан,
Есапсыз әскер шубырды,
Қалаға жақын келгенде,
Үлкен жаман урыс болды.
Билеги жаман талады,
Қобланның көзи тынады,
Есабы жоқ көп әскер,
Қырқ жигит пенен Қобланды,
Тоқсан қабат қоршады.
Қашып қуўар Қобланда,
Ҳеш бир мәдет қалмады.
Еки көзи алаңлап,
Ер басына күн туўып,
Белли күнлер туўады.
Етиги менен суў кешип,
Ол ортада қалады.
Қоблан менен қырқ жигит,
Ортасында турады.—
Белли урыс болады.
Ҳәр бир жерден қышқырған,
Алды бетин жапырған,
Ҳалың қалай қыпшақ деп,
Келатыр достың баба деп,
Исиңниң көпдур шаласы,
Көрдиң бе сен жағдайың,
Қыдырбайдың баласы.
Тоз-тоз қылып қалмақты,
Келе берди жапырып,
Айырып алды Қобланды,
Айыллы Орақ бабасы.
Айыллы Орақ, ай Орақ,
Бул бабаның даўысын.
Еситкен соң көп қалмақ,
Дәўкемпир жатқан қалаға
Барып қалмақ қамалды.
Қобланлыдай батырды,
Дым билмеген душпаннан,
Айыллы Орақ бабаңыз,
Айырып сонда алады.
Қобланлыдай батырдың,
Дәрдине дәрман болады.
Сол ўақта болып хабардар,
Болған екен мәрт Қоблан,
Нешше жерден жарадар.
Душпанға сырын алдырмай,
Ортада оны қалдырмай,
Алып шықты далаға,
Қартайса да болдырмай.
Буннан кейин бир таўдың үстинде қырқ күн жатты. Қоблан нардай күшине толып, бабаны алдына салып, Дәўкемпирдиң генже улы Қызыр ерге бармаға талап қылды. Кетип баратырса, қубладан шаң көринди. «Буның алдына шығайын» деп, саўытын кийип, қарсы алдына жүрди. Киятқан караға жақын барды.
Жол бойы дуўшакерлескенде дос болсын, душпан болсын, жол сорамақ бурыннан қалған еди, «топа-торыстан урысқан айып болар»,—деп Қоблан жол болсын сорады:
—Ҳаўа жаўса, айдын көллер сел болсын,
Жылдан-жылға дәўлетиңиз мол болсын,
Айт жөниңди, душпанбысаң, доспысаң,
Жолда дуўшарласқан батыр жол болсын.
Ашылғанда бәлент таўда гулиңди,
Қәҳәрленсем от шығады тәнимнен,
Жөниңди айтпасаң қарап етермен, /
Баян әйле келатырған жериңди.
Хабарлас жигитим, бери келип кет,
Жан барында шыққан жериң баян ет,
Сапар әйлеп қәҳәр менен шығыпсаң,
Кейниңизге ертип алып қырқ жигит.
Сонда жолаўшы сөйледи:
—Талап етип шықтым он төрт жасымда,
Қосылғанша қәйбир күлфет басымда,
Қәҳәрленип жол болсынды сорама,
Қырқ баҳадыр жигитим бар қасымда.
Жерлер титирейди мениң бадымнан,
Қашқан қутылмайды қуўсам алдымнан,
Атам—Абдулладур, атым—Ер Сайым,
Келатырман Шам шәҳәри халқымнан.
Душпан дуўшар келсе, өзим тураман,
Жан алса да таймай қылыш ураман.
Қоблан менен дос болыўға талап қып,
Бес жыл болды өзин излеп бараман.
Барып едим излеп Азыў елине,
Кеткен екен жете алмадық кейнине,
Қоблан ердиң жандай досты боларман,
Бирақ, көрине алмай жүрмен өзине.
Жеңип жаўды асқан екен ҳәдди деп.
Еситип ек Алшағырға кетти деп.
Оған да барып ем кетип қалыпты,
Излеп жүрмен қалай сапар етти деп.
Асқан оның батырлығын билермен,
Қосылып душпанның баўырын тилермен,
Атым Сайым ғайбана дос Қобланға,
Шам халқынан талап әйлеп келермен.
Турпайы көринди әўел сөзиңиз,
Жаңа шырайына енди жүзиңиз,
Мениң атым сорасаңыз Ер Сайым,
Баян әйле ким боласыз өзиңиз?
Анда Қоблан сөйледи:
- Ашылмай гүлдей соларман,
Дослар болсаң бизлерге,
Қушағыма аларман.
Жеңилсе жаўдан әрманлы,
Қалмас батыр дәрманлы,
Излеген достың Сайым жан.
Өзимиз болар Қобланлы.
Оңғарғай—деп—бул исти,
Бекитиўге жүристи,
Қамқаларын бир таслап,
Қушақласып көристи.
Ўақты шыннан хош болды,
Бир-бирине ес болды,
Ашып мәртлер көкирегин,
Қыяметлик дос болып,
Мынадай ойға келипти,
Еки батыр қосылып:
Буннан былай шығайық,
Қызыр дәўге барайық,
Жайлаўда жүрген жылқысын,
Қуўып алып қайтайық.
Нешше ай, нешше күн жол жүрип, Қызырдың жатқан жерине барды, жайылып атқан жылқыдан бир бөлек жылқысын айырып, жолға салды. Буның ишинен ешки туяқ жийрен ат услатпай қашты.
Жеталмай қуўса тулпар ат,
Қашып кетти жийрен ат,
Қашқан пәтин босатпай,
Ҳарам өлгир ҳайўанат,
Адамдай жаны қыйналды,
Билгендей пайда, зыянды,
Қызыр жатқан орданы,
Оқыранып айланды.
Буны көрип Қызыр ер,
Болдым ба деп қара жер,
Қәҳәр менен сол мәҳәл,
Жийрен атқа салды ер,
Найза алып дәстине.
Минип аттың үстине,
Жылқының қуўды изинен,
Қарамай бәлент-пәсине,
Қәҳәр менен қуўады,
Жақынлап ара қалады,
Көрингенде қарасы,
Аттан жерге қонады,
Тасалап алып бир жерди,
Сары жайын алады,
Жайға оқты салады,
Өлер жериң усы деп,
Өкпеликтиң тусы деп,
Оқты тартып қалады.
Атқан оғы шырлатты,
Дүңкимеди қырлатты,
Қырқ жигиттиң ишинде
Бир жигитти қулатты,
Жийрен атқа қарамай,
Тағы оғын алады,
Гезек-мезек сорамай,
Тағы бир оқты салады,
Таўлап тартып қалады,
Ысқырып оғы барады,
Жан жерден тийе қалады,
Таң қаларлық болады.
«Разы бол, аға» деп,
Еки жигит қулады.
Анда Қоблан сөйледи,
Сөйлегенде не деди:
— Мына келген душпанға,
Тайсалмастан барайын,
Ушырып күлин аспанға,
Бир тамаша қылайын,
Жүре берсек қырады,
Қашқан болмас ылайық,
Арыслан туўған Ер Сайым,
Тайынбайық, турайық,
Мына келген залымға,
Қарсыласып барайық.
Буларға қарсы турады,
Айыллы Орақ бабадан,
Руқсат Сайым сорады,
Әжеп болар, балам, деп,
Жуўап бере қалады,
Қәҳәр менен Ер Сайым,
Қызыр дәўге қарады,
Әўелги гезек меники,
Келлеғар деп сорады.
Гәпимди қалай көресиз,
Бәленттен пәске журесиз,
Үстиңе келген мийманды.
Батыр болсаң Қызыр ер,
Гезекти бизге бересиз.
Ол да қайтпас ер еди,
Қарсы қарап тур еди,
Әмелиң болса ал деди,
Талтайып Қызыр турады.
Сонда турып Ер Сайым:
«Ғапылда болма сен деди,
Ал атаман мен деди,
Пирим Шаҳимардан деп,
Қаўсыл Қияс пирим деп»,
Сары жайдан оқ атты,
Оқлар барып шырп етти,
Берди мәрттиң тилегин,
Дәл жүректен оқ өтти.
Оңлады батыр талапты,
Талмай етип ғайратты,
Латманатқа сыйынып,
Қызыр ериң қулапты.
Үш жигити Қобланның,
Оқтан ушып өлген соң,
Қапа болып жылапты.
Буннан кейин, бул жерде Қызыр дәўди өлтирип, Дәўкемпирдиң халқына қарай сапар тартты. Арадан бир нешше күн өтти. Жол журип Дәўкемпирдиң қаласына жетти. Жақынлап бара бергенде, есабы жоқ көп әскер ушырай кетти.
Бул әскерлер менен, нешше күн урысып, ақырында жеңип, әскерлерди Дәўкемпирдиң қаласына тықты.
Дәўкемпир бул ислерден бурыннан-ақ хабардар еди. Қорра таслап қарағанда Ер Сайымның ғайратын Қобланнан басымырақ көрип, батыр болса да қолына түсетуғынын палўан билип, кемпир урыс майданына шықты.
Темирден тон кийип, көк полатқа қурсанып, Ер Сайымға талабан болды. Кемпир Ер Сайымға барып, Ер Сайым менен гүреспекке тайын болды.
Еки батыр тутысты,
Сәскеге дейин гүрести,
Бирин-бири жыға алмай,
Ҳайран болып турысты,
Песин ўақты болғанда,
Наймыт өлгир маманың,
Аш белинен алады.
Ыңыранып жанбас салады
Бир мәртебе зор қылып,
Көтериңкиреп барады.
Көкирегине келтирип,
Тағыда зор қылады.
Енди жығар ўақтында,
Кемпирдиң салған қыйқыўы,
Топ атқандай болады,
Үзилип кетип кемпирдиң,
Зорға турған ышқыры,
Кемпир сасып жылады:
«Батыр жолда саспа деп,
Қара жерге баспа деп,
Жаздыра гөр белимди,
Әбрәйимди ашпа деп»,
Ғам-гүнге кеўлин толтырды,
Қызыл жүзин солдырды,
Батырлығын билдирди,
Қан майданы болса да,
Жайылған көпти күлдирди.
Кемпирге берген мәўлетти,
«Өйбей ғана бала» деп,
Алғаннан соң рухсатты.
Ҳайран қалып бул жерде,
Қарап турды әлеўмет,
Әсте ақырын тасалап,
Кемпирдиң қылған исине,
Сайымның қасына барып,
Ғапылда турған жеринде.
Қағып салып ийнине,
Алып кетти бул кемпир,
Дәрўазаның ишине.
Мамаң ҳәдден асады,
Сайымды алып қашады,
Кеўлиндеги болған соң,
Дәрўазаны басады.
Ҳәмир болып ислерден,
Болған урыс тоқтады.
Буннан кейин Ер Сайымның жигитлери Қобланның алдына барып, бир сөз айтты:
— Жүйрик едик шашпай-желмей майрылдық,
Лашын едик қанатлардан қайрылдық,
Арзымды есит Қоблан атлы жан аға,
Ер Сайым палўаннан бизлер айрылдық.
Жуўап берши бизлерге,
Қуллығың боп сизлерге,
Ер Сайымнан айырылып,
Не деп барамыз елге,
Ортаға өзим урайын,
Жанға жәбир қылайын,
Жуўап берши, аға жан,
Артықпыз ба Сайымнан
Кейнинен излеп барайын.
Анда Қоблан «асықпаңыз» деп дағыстанға шығып кетти:
Ендиги сөзди Дәўкемпирден еситиң: Сайым баланы ишке алып, жети күн сақлап, мама айтты:
— Ҳәй Ер Сайым, маған бағынасаң! — деди.
Ер Сайым ойланды: «бирди кеширеди деген, өли арысланнан тири тышқан артық»—деген, деп мамаға бағынатуғын болды. Мама сегизленши күни Сайымға жуўап берди.
Ер Сайым қаланы айланып қырқ жигитине қосылып, Қоблан менен сексен атлы болып, бирликте мәсләҳәт етти.
Айыллы Орақ баба айтты: —Ҳәй, жиглтлер, бул жатыстан ис питпес, суўды сағадан тыймақ керек, Алалай-Булалай шәҳәрине бармақ керек. Шарықлы деген бир дәўи болатуғын еди. Шарықлыны алсақ, бул қаланы алдым, деп санаўға болады. Бирақ қаласына бармайық, Мәскеў-Тураба деген теңиздиң ортасында бул дәўдиң мәканы болады. Ол қалаға жол таўып барыў қыйын, дәўдинң қус салып келип кететуғын жолын тосайық.— Айыллы Орақтың бул сөзи ҳәммеге мақул болды.
«Әне барайық, мине барайық» пенен арадан бир жыл өтти. Шарықлы дәўдиң жолын тосып, теңиздиң түбинде жай таўып, жата берди.
Шарықлы дәў ҳәр жылда еки рет қус салмаға шығар еди. Дағыстанға шығып кийик, қулан аўлар еди. Сол дәрбентти булар тосып турды. Бир күнлери шаңғытып киятқан думанды көрди. Туманбекен десе, бир майдан алдында ийтлери сыңсылап, қуслары шаңқылдап киятқан бәлени көрди.
Қоблан дәўди көргенде қурттай күсейтуғын еди. Туўларды көтерип, бул ҳәм алдынан қарсыласып бара берди. Шарықлы булардан бийхабар еди. Алдында туўды көрип, дәў бир сөз айтты:
— Қызыл туўды көтерген,
Жолымызда қарсы турған,
Ким боларсаң енеғар,
Атыңды айт та, ҳаслыңды айт,
Қай тәңирдиң қулысаң,
Қай кәрадан боларсаң,
Баян әйле атыңды,
Көринген бизге жаўмысаң,
Я бир жүрген жолаўшы,
Я бир сағым таўмысаң?
Анда Қоблан сөйледи:
— Қарт гүрең атым астымда,
Қайтпаған дәўлет басымда,
Қоңыраўлы найза қолымда,
Үш жыл болды келгеним,
Заңғар сениң қастыңда.
Енсең мениң диниме,
Қутқарарман сизлерди,
Бағындырсам халқыңды,
Дос тутарсаң бизлерди.
Басыңа саўда салмаға,
Менмендурман, мендурман,
Менменликке бел қойған,
Бәлки қара ер дурман.
Азыўдың аўыр шәҳәринде,
Көбикли атлы дәўиңди,
Қара жер менен тең қылған
Қоблан батыр мен дурман.
Санаўлы турған ер едим,
Қатарда нардың бири едим,
Үш жыл талап қылғаным,
Шарықлыдай палўансаң,
Дәрбент жолды алғаның,
Мен табалмай жүр едим,
«Айқассам» деп әрманым,
Маған жақын кел деди,
Алалай менен Булалай,
Басыңды ийип бер деди.
Ақкермен менен Жанкерменге,
Алдымда баслап жүр деди.
Анда дәўлер сейледи:
— Садағаң сениң кетейин,
Қоблан деген сен болсаң,
Бир қорегим етейин,
Барайын деп елиңе,
Қумар етип жүр едим.
Меннен бурын келипсең,
Бир тәўекел көрейин,
Бүлдирдиң бе халқымды,
Сазайыңды берейин!
Қарсыласып келеди.
Анда Қоблан сөйледи:
— Адымда турған Шарықлы,
Батыр болсаң сен деди,
Гезегимди бер деди.
Анда дәўлер турады,
Түсинбестен сөзине,
Гезек деген не деди,
Қаны толып көзине.
Анда Қоблан сейледи
— Қас батырдың белгиси,
Гезек пенен алысар,
Мерген болса атысар,
Гезек пенен бәтшағар,
Бул сөзлерди еситип,
Енди ғайрат қылысар,
Басыңқырап жүректи,
Артық туўған мәрт Қоблан,
Дәўге берди гезекти.
Гезегиңди ал деди.
Қолыңнан келсе тәниме,
Өлгендей жара сал деди.
Сол ўақытта Шарықлы,
Сары жайын қолға алып
Мынаў турған наймыт дәў,
Кегейдей оғын бир салып,
Дизесин жерге бир басып,
—Аты шыққан батырсаң.
Таймай турғыл сен деди,
Бала турды шырқырап,
Бир аллаға зар жылап,
Селлер болып көз жасы.
Қабыл болды тобасы,
Ҳәзир болып келипти,
Қызыр Ильяс бабасы.
Алмастан қалқанды тутты,
Келген оғы шақ етти,
Қорыққанынан мәрт Қоблан.
Көзиниң жасын төгеди,
Оқтың келген пәтинде,
Астындағы қарт гүрең,
Түйедей барып шөгеди.
Айыллы Орақ бабасы,
Алғыл бала әмел деп,
Қорықпа балам, қорықпа деп,
Турады тәселле берип.
Буннан кейин, дағыстанға шығып, шамаллап кеўлин басып, бир қудаға сыйынып, сары жайды атсам өтпес, қызыр Ильяс яр болса, қылышты қолға алып, қылышкерлик қылып бир тәўекел қылайын деп, әне Қоблан Шарықлы дәўге жақынласып бир сөз айтты:
— Алдым бийик, артым жар,
Айланарға жерим тар,
Жығылар болсам бириўбар,.
Он еки имам, төрт шәрьяр,
Балаңнан болғыл хабардар,
Зал аўлады Рустеми дәстан,
Мәдетти бергей Султан,
Пиримиз Шәҳимәрдан, — деп,
Атлана берди мәрт Қоблан,
— Беккем тутқыл өзиңди,
Қолыма қылыш аламан,
Бир ғана силтеп қаламан,
Батыр болсаң Шарықлы,
Тайынбастан тур, — деди.
Анда дәўлер сөйледи:
—Абайыңды қой деди,
Ҳәмелиң нешше болсада,
Заңғар қыпшақ ал деди.
Атадан жалғыз мәрт Қоблан,
Қамшы урады торы атқа,
Жеткергей алла муратқа,
Минди батыр ғайратқа,
Ат арқадан келеди,
Атты шаўып қублаға,
Урайын деп оқлады,
Атлар тасып өтеди,
Ол қубладан келеди,
Урайын деп қылышты,
Тәўекел етпей мәрт Қоблан,
Және тасып кетеди.
Силте Қоблан, силте деп,
Қубладан ҳаўаз келеди,
Түў сыртына бир келип,
Ат үстинде түргелип,
Ықыранып қылыш салады,
Пирим Шәҳимәрдан деп,
Урды силтеп қылышты,
Кескенин наймыт билмеди,
Тағы ур деп сөйледи,
Тебиренген ўағында,
Мынаў турған Шарықлы
Еки жаққа қулады,
Мынаў турған Шарықлы,
Тең бөлинип қалады.
Шарықлы дәў өлген соң,
Айыллы Орақ бабасы,
—Аўа-аўа, Қоблан, деп,
Марапат берип турады.
Қобланлының жүрегине,
Ҳәммеси ҳайран қалады.
Шарықлы дәўдиң геллесин,
Найзаларға қыстырып,
Алалай менен Булалайға,
Ат ойнатып барады.
Бул кеткеннен мәнзил-мәкан жерине жетти. Бир шәмшениң басында жатып кийик, қулан аўлады. Алалай менен Булалай шәҳәрине сол ўақлары бир хабар жетти. «Урмасын қылыш, жыламасын баламыз, кейнине еремиз, алсаң дүнья беремиз, айтқаныңа көнемиз» деди. Бул елшиниң хабары менен Шарықлының ели астыртын бағынды.
Бул Айыллы Орақ бабаң бул шәҳәрлерде ҳүкимдарлық етти.
Қобланның бул журтқа келгенлигине арадан алты жыл өткен екен. Баяғы Дәўкемпир мамаңнан бир қыз дөреген екен. Қыз ҳәм жети жасына келген екен. Қыз жети жасына келип, мәрдана күшине толып, ата-анасынан күшлирек палўан болды.
Дәўкемпир Қобланға хабар салды. Булар да Дәўкемпирдиң қаласына жүрди. Дәўкемпир былайынша сөз салды:
— Ғалаба урыс болмасын,
Жети жасар қызым бар,
Қыз палўан болды атағы,
Ортаға шықсын бир палўан,
Егер жықса қызымды,
Қайтпайман айтқан сөзимнен,
Бағынаман өзине.
Бул жуўаптан кейин, Айыллы Орақ бабаң айтты: «Енди қырғын болмасын, ортаға палўан шығарайық, бул заңғар әрмансыз болсын, буның ҳәм тамашасын көрейик», — деди.
— Әжеп болар, — деп ҳәммеси жуўап қайырды. Жети күн той берсин, және қырқ күн мәўлет берсин, айнымасын сөзинен, айныса түна өзинен,—деп жуўап берди.
Буннан кейин, той-тамаша бердирип, арадан неше күнлер өткенде, ўәдели күн жеткенде Дәўкемпир қызын ертип келди.
Жети жасар қыз палўан,
Ол ортаға келеди,
Ер Сайымдай бул палўан,
Бул да шықты буяқтан,
Ендиги гезек бизики,
Рухсат бериң бизге деп,
Ортаға талап қылады,
Айыллы Орақ бабасы,
Пәтия берип турады.
Ортаға шыққан ўақтында,
Мынаў турған Ер Сайым,
Көзге илмеди нашарды,
Менменликти ойлады,
Ортаға шықты палўанлар,
Бир тамаша болады.
Жағаласып палўанлар,
Қарсыласып турады.
Келип жанбас урады,
Күн ярым күн толғанда,
Тайынбай гүрес салады.
Жығалмады бир бирин,
Ҳайран болып турады.
Ер Сайымдай баланы,
Еки күн жүзи толғанда,
Қыздың қолы қызықты,
Белинен алды тарақты,
Қыз палўан қылды ғайратты.
Бир мәртебе зор қылып,
Мынаў турған Сайымды,
Дизесине миндирди.
Шөптей көрмей баланы,
Қаңбақтай қылып көтерип,
Қол ушына келтирип,
Таўлап жерге урады.
Менменликтиң дәртинен,
Мәдет бермей алласы,
Ер Сайымдай палўанның,
Мурады ҳасыл болмады,
Атаңа нәлет ахмақ қыз.
Қарқыратып шалады.
Геллесин бермей қалмаққа,
Атадан жалғыз мәрт Қоблан,
Қарт гүреңге қамшы урып,
Ортаға өзин урады.
Әўели гүрес болса да,
Кейин қырғын болады.
Араласып палўанлар,
Белли қырғын болады.
Жети күн урыс болады.
Жосылып аққан қызыл қан,
Сай менен ағып барады.
Ер Сайымның сүйеги,
Ол далада қалады.
Басқы таўып қалмақлар,
Қаласына қамалды.
Шыдамай мәрттиң урысына,
Қалмақлар бақый болады.
«Әламан» деп душпанлар,
Қол көтерип турады.
Айыллы Орақ бабаңды,
Соған басшы қылады.
Ат шаптырып далаға,
Жар урдырып қалаға,
Айыллы Орақ журты деп,
Дабыра қылып турады.
Дәўкемпирдиң шәҳәрине,
Ҳәмде оның халқына,
Шаменбет қалмақ журтына,
Басшылары өлген соң,
Алты барып бес қайтты,
Ала алмады бос қайтты.
Ер Сайым батыр өлген соң,
Ашыў менен мәрт Қоблан,
Қарсы шыққан душпанды,
Бирин қоймай жылатты,
Көзи қорыққан душпанлар,
Қыз палўанға қарамай
Бағындық деп шуўлапты.
Дәўкемпирдей мамаңның,
Пайманасы толады,
Бул урыстың кейнинен,
Қобланлыдан өледи.
Рейми келди Қобланның,
Дәўкемпир мамаң өлген соң,
Айыллы Орақ атам деп,
Сизге ерген ботаң деп,
Айыллы Орақ, ай Орақ,
Қызың болсын палўан деп,
Қыз палўан менен еккисине,
Мына журтты береди.
Әне урыс тамам болды. Бул журтты Айыллы Орақ пенеи Қыз палўанға тапсырып, ағайын-қарындасы болып, ҳәмирине көндирип, душпан болған қалмақты тирилей жерге көмдирип, бир жыл бул шәҳәрде жатып дем алды.
Өз жигитлери менен ҳәм Ер Сайымнан қалған жигитти өзине ини қылып, Қоблан саламат елине қайтты.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Төртинши бөлим
Алдынғы бөлимге қайтыў: Екинши бөлим
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: