Екинши бөлим (Ekinshi bólim)
Қоблан үйинде жатып, азан менен турып, Қуртқаға өзиниң сапары ҳаққында мынаны айтты:
— Ақшахан бизди Азыўлының аўыр шәҳәрине, барса келмес елине жумсады, — деди. Сонда Қуртқа — «Батыр аңқаў, ер гөдек» —деген, сениңдей гөдек ер атадан болып, анадан туўар ма, Азыўлы деген аўыр журт, үш айшылық шөли бар, үш айшылық ели менен көли бар, тоғыз айлық жолларда Азыўлының аўыр шәҳәри бар, барған адам келмейди, сапарыңды Қоблан қой, — деди. Сонда Қоблан, «ҳаялдың айтқанын еркек қылар ма» деп кетермен болды. Қуртқа кетерин билди. Қырқ күн мәўлет алды, атына жипекте жабыў қылып берди де арадан қырқ күн өткенде, Қоблан қырқ жигитин қасына алып, жүрермен болды. Атасы Қыдырбай, анасы Бозкемпир, Қобланға қарап бир сөз айтып, жол болсын сорады:
— Ҳаўа жаўып, айдын шалқар сел болсын,
Жылдан жылға аз дәўлетиң мол болсын,
Атланыпсаң жигербентим, перзентим,
Жалғыз балам, Қоблан, саған жол болсын.
Атлар шаппай бәлент таўда раўаным,
Мәдетти бергейлер қәдир суҳбаным,
Атланыпсаң жолың болсын, перзентим,
Аттан түскил жигербентим, Қобланым.
Бедеў жалын саўаш күни таратып,
Ата-анаңның ақылы ҳуўшын лал етип,
Жигербентим, қайда кетип барасаң,
Биз ғәрипти сен жолыңа зар етип.
Қайғы-ҳәсирет бул басымда барды дәрт,
Бизлер жүрмиз сени жалғыз балам деп,
Қайсы елден қайда кетип барасаң,
Барар жериң жалғыз балам, баян ет.
Буннан кейин Қоблан ата-анасына қарап мынаны айтты:
— Бизлер болдық бул жерлерге бийқарар,
Шәҳимәрдан пирим болсын жылаўдар,
Атланғаным ханымыздың ҳәмири,
Жыламаңыз еки бирдей қариялар.
Ғазлар қонар айдын шалқар көлине,
Бизлер кетсек от түседи тәниңе,
Жылай бермей жуўап бериң ғаррылар,
Атланыппан Азыўлының елине.
Ашылысқан таза гүлдей болмаға,
Ығбал берсе бескүн дәўран сүрмеге,
Жыламаңыз еки бирдей ата-анам,
Атландым душпанға саўда салмаға.
Мине усы жуўаптан кейин, тар қурсақта жатысып, тай қулындай тебискен, адасқанда кеңескен, қаналасы, муңласы, ғәрип нашар сиңлиси, муңлы болған Қансулыў ағасы Қобланға қарап, бир сөз айтып турыпты:
— Бедеў шаўа алмас иштиң тоғынан,
Ким хабардар мениң бары-жоғымнан,
Емшеклесим мендей ғәрип айлансын,
Аттан түскил туўысқаным мәрт Қоблан.
Сенлер кетсең, аға жан,
Азыўдың аўыр шәҳәрине,
Барса келмес елине,
Сенлер өлип кеткенде,
Сениң қаныңды аларға,
Иним дерге ағаң жоқ,
Ағам дерге иниң жоқ.
Атам дерге улың жоқ,
Батыр өлсең, соңың жоқ,
Әзелги душпан ел болмас,
Етекти кесип жең болмас,
Шақан улы Ақшахан,
Әўелден еди ол душпан,
Өзи алайын десе ол,
Қәдиги бар, қәўпи зор,
Үш ай он күн жоллардан,
Қараўсын ханның перзенти,
Алшағырдай гәўирди,
Хан шақырып алмай ма
Қорғаншадай қалаңа,
Қорғасынды қуймай ма?
Жол қылып ол алмай ма?
Қартайғанда атаңды,
Ғәрип болған анаңды,
Қой кейнине салмай ма?
Биздей бақты қараңды,
Олжа қылып алмай ма?
Сүйгениң сулыў Қуртқаны,
Жесир-жебир қылмай ма?
Ат сүринген дизине,
Инанамекен, аға жан.
Жәдигөй жанның сөзине.
Буннан кейин Қобланның баўыры ерип, сүйеги балқып аттан түсейин деп турған ўақтында, сүйген яры Қуртқа, ата анасына қарап төмендегини айтты:
— Мен жылайман зар-зар,
Зәўре, Патма мәдеткар,
Ата айрылмақ баладан,
Бала айрылмақ атадан
Буйрық, дейди, ғаррылар,
Жыламаңыз жалғызға,
Жуўап бериң муңлылар,
Перзентим деп еңиредиң,
Жалғыз бала Қобланды,
Аз ғана үйли Қыпшаққа,
Ийе болар деп пе едиң?
Айралық жәбири өтерин,
Билмедиң бе, ғаррылар?
Он төртине келгенде,
Сары ала атқа мингенде,
Үш ай он күн жол жүрип,
Бизиң елге барғанда,
Билмедиң бе, қариялар?
Балаңның журттан кетерин.
Арша ағашты қулатып,
Сексен палўан жылатып,
Қуртқадайын мен сорды,
Елге алып келгенде,
Билмедиң бе кетерин?
Көк орайлы — Көкшимген,
Көкшимгенниң бойында,
Бели қайқы кер бийе,
Көримлик тилеп алғанда,
Билмедиң бе кетерин?
Кер бийедей бийеден,
Торыша қулын туўғанда,
Билмедиң бе кетерин?
Алты жыл алдым мәўлетти,
Арадан үш жыл өткенде,
Қунан жасқа жеткенде,
Қолымнан басып алғанда,
Билмедиң бе кетерин?
Ханның көли қадаған,
Қадаған көлге мал салған,
Билмедиң бе кетерин?
Жайлаўына қондырды,
Билмеднң бе кетерин?
Ханға зорлық бул қылды,
Билмедиң бе кетерин?
Хан тойына бул барды,
Барып тапсырма алды,
Билмедиң бе кетерин?
Сүйеги дүзде қалсын, деп,
Қырқ мезгиллик жоллардан,
Ат шаптырды Ақшахан,
Аты келди байрақтан,
Билмедиң бе кетерин?
Жалғыз балаң мәрт Қоблан,
Ақылсыз ақмақ болмаса,
Хан кәрўанын талар ма,
Ханның малы ата-ана,
Пуқараға сыяр ма?
Ақшахандай уллы хан,
Аз ғана үйли Қыпшақтан,
Намысын алмай қояр ма,
Бөке дәўди өлтирди,
Сәтине исин келтирди,
Он бес ғашыр зер берди,
Аты келип байрақтан,
Қырқ ғашыр зерди келтирди,
Билмедиң бе ғаррылар?
Исиңниң шепке кеткенин.
Ата менен анасын,
Қарындасы Қансулыў,
Биздей бахты қарасын,
Ели менен елатын,
Есапсыз зерге сатқанын.
Бул сөзден Қобланның балқып турған сүйеги қайтып жайына бәнт болып, ата-анасына қарап мына сөзди айтты:
—Ашық оты лалазар,
Алладан басқа кимим бар,
Жыламаңыз, ғаррылар,
Мен атадан болғанда,
Ермен деп мен болғанман,
Мен анадан туўғанда,
Нарман деп мен туўғанман.
Бул дүньяға келгенде,
Өлмек ушын келгенмен.
Өлимниң ҳағын билгенмен.
Ақкиреўке саўытым,
Ысқатым деп кийгенмен,
Үстимдеги ақ көйлек,
Кепиним деп кийгенмен,
Баўыры тартық сары жай,
Ураным деп жүргенмен.
Испиҳан семсер қылышты,
Қуралым деп жүргенмен,
Сабы алтын ақ қанжар,
Ийманым деп билгенмен
Қарағай саплы ақ найза,
Сайғағым деп жүргенмен.
Кәпирлердиң қолында,
Азатлықтың жолында,
Өле ғойсам мен жалғыз.
Ийманым деп жүргенмен.
Бул сөзди еситип, атасы Қыдырбай төмендегини айтады:
—Минген бедеў бул майданда желмек жоқ,
Сен кеткен соң ата-анаңа күлмек жоқ,
Жолың болсын, жигербентим перзентим,
Бир кеткен соң саған қайтып келмек жоқ.
Ҳәр ис келер жигитликтиң мәҳәлинде,
Өткир қылыш бардур балам қолыңда,
Бир кеткен соң бул дүньяда келмек жоқ,
Көрискеймиз қыяметтиң күнинде,
Табысқаймыз бир қуданың алдында.
Қоблан ата-анасынан, қарындасынан, Қуртқа сулыўынан жуўап алып, торыша атқа ер салып, Азыўдың аўыр шәҳәрине жол тартты.
Ақшахан менен қас болып,
Қырқ жигитке бас болып,
Лалы маржан сәдепти,
Хызметте баўыры кәбапты,
Ата менен анадан,
Алып мәртлер жуўапты,
Жолға салды торы атты.
Қоблан батыр алдында,
Қырқ жигити соңында,
Азыўлының елине,
Қоблан жөнеп кетеди.
—«Сен үйириңнен айрылған,
Мен елимнен айрылған,
Шүў жаныўар, шүў» —деди.
Астындағы тарыша,
Кем-кем қызып шабысы,
Толықсып аққан дәрьядай,
Жүз тоқсанлық жорғадай,
Толықсып бедеў жөнеди.
Өрме қумнан өрмелеп,
Оннан өтип барады.
Еспе қумнан еспелеп,
Ат есирип барады.
Ҳақ ерлерге панады,
Пир жылаўдар болады.
Пирден мәдет болған соң,
Ақ кийиктей секирип,
Толықсып ойнап барады.
Аран менен селеўди,
Аттың оты дер еди.
Аран, селеў отлатып,
Шәшмеден қарсы суўғарып,
Гәҳи шөлде, гә елде,
Мийман болып барады.
Түлки жүрмес түнейден,
Түнде кетип барады,
Қарасақ жүрмес қалыңнан,
Қапсыра айдап барады.
Терең жылға, терең сай,
Күйгелекли көп тоғай,
Көп тоғайды аралап,
Көкшимгенди жағалап,
Буннан да өтип барады,
Ат баўырынан қызыл қум,
Қыялай шаўып барады.
Бийик-бийик нур асты,
Бөктергили қыр асты,
Шаңы шаңға уласты,
Аз ғана емес жол жүрип,
Есап қылып қараса,
Бир жарым айлық жол асты,
Шаршамайды мәрт Қоблан,
Ат ойнатып барады,
Аты жаман ҳәм узақ,
Астархан атлы теңизге,
Ат ойнатып келеди.
Ҳәр жеринен ат салады,
Жол табалмай жүреди,
Үш күн жүрди айланып,
Жол табалмай турады.
Өтерге гүзар болмайды,
Атасы еди Сейдимхан,
Сейдимханнан қалғанды,
Қайнанасы Көклен кемпир,
Ҳәм белгиге бергенди,
Суўсаған жерде суў еди,
Суўлы жерде шөл еди,
Айдарлы бул Қобланның,
Жай булт тасы бар еди.
Бир дуўаны ол оқып,
Аспанға атып жиберди,
Ысырапыл үргин үргендей,
Жерден тәжжал енгендей,
Аспан пәлек болады,
Жер зимистан болады.
Арқадан шамал турады,
Теңизден келген толқынсақ,
Келип таўға урады.
Арадан он күн өткенде,
Астархан атлы ол теңиз,
Музлап сонда қалады,
Излик қарлар жаўады.
Жарылқаўшы бир жаббар,
Халық еткенди бириўбар,
Муз үстинен Қобланның,
Бир айшылық жолы бар.
Қырқ жигитке бас болып,
Қоблан жүрис қылады.
Қобланның қырқ жигити «Самарқанд халқымыз, артта қалды журтымыз, көриспек мүшкил ҳарам болды», деп хошласып, жыласып, Қобланның изине ере берди. Қоблан алдында, қырқ жигит кейнинде, муз үстинде жол тартып, жөней берди. Арадан он күн өткенде Қобланның он жигити музда жығылып, ат-жарақтан айрылды. Жигирма күн өткенде, шаппай-желмей майрылып, қанатынан қайрылып, Қобланның қырқ жигити ат-турманнан айрылып, бир атаўдың басына келип Қобланға қарап айтып турғаны:
— Керинбеген бәлент таўда раўаным,
Теңиз де қарғады бизди суҳбаным,
Қырқымыз да ат-жаратқан айрылдық,
Арзым есит, Самарқандлы султаным.
Лашын едик қанатлардан қайрылдық,
Тулпар едик жиликлерден майрылдық,
Султанымсаң, рухсат бергил бизлерге,
Қырқымыз да ат-жарақтан айрылдық.
Қулағың сал, мынаў айтқан сөзлерге,
Мийнеттен қашқанлар келмес бул жерге,
Қырқымыз да ат жарақтан айрылдық,
Жуўап берсең биз қайтамыз излерге.
Сонда Қоблан қырқ жигитке қарап мынаны айтты:
— Турған жериң Астраханның жерлери,
Мазалыдур мәрттиң сөйлер тиллери,
Қостарсызбан, айтатуғын арзым бар,
Арзымды есит, Самарқанның беглери:
Ат шаптым мен бул жерлерге қияда,
Өмирлериң болсын, беглер, зияда,
Бәриң келиң торышаға жақынлап,
Мен жүрейин алдыңызда пияда.
Мөҳмин болсаң, қуданы бир бил, деди,
Батыр болсаң, мийнетиңе көн, деди.
Мен жүрейин алдыңызда пияда,
Барлығыңыз торышаға мин, деди,
Қырқ жигит Қобланға қарап тағы мынаны айтты:
—Ат шапқаның бул майданның даласы,
Узақ қалды Самарқанның қаласы,
Қырқ адам да бир атқа минбек болар ма,
Ақыл қайда Қыдырбайдың баласы.
Ақыллы адамлар мында келер ме,
Ақыл қайда Қыдырбайдың баласы,
Қырқ адам да жалғыз атқа минер ме,
Қырқ кисини жалғыз ат тартып жүрер ме?
Буннан кейин мойнына пота салып, қудаға налыс қылып, пирлерге сыйынып, зар-зар жылап турған ўақтында, бурынғы Қызыр бабасы, ғайыптан таяр болды. Торы аттың жанына барып, аўызына жети түкирип, саўырына бес урады, Рустем минген ала аттай, ғайрат берип өзине, шаршамас ҳасыл тулпардай, қуўат берип дизине «тарықпа балам, Қоблан» деп, ғайып болды көзинен.
Қоблан қырқ жигитине қарап бир сөз айтты:
—Ат мойнына таққан тилла тумарды,
Торы атыма алла бергей димарды,
Тәўекел әйлеңлер, беглер, келиңлер,
Әўел қуда, Шәҳимардан яр болса,
Торы атымның ҳәрбир өнери барды.
Буннан кейин қырқ жкгит: — Гүўлеп атына минейик, атын өлтирип, өзимизден бес бетер пияда қалдырайық, —деп, торы атқа жақын барады. Қоблан атқа ийек қақты, адамнан ақыллы жәниўар көзден жасын төкти, түйедей шөкти. Бир арқанды алып аттың белине қабатлап салды. Жигирмасын оң жаққа, жигирмасын сол жаққа аўмастай, талмастай қылып, беккем етип тырыстырып таңып алды. Қырқ жигиттиң ишиндеги Шамай менен Дуғдар арқанның астына барған пайалар, үстиндеги қатал болар деп, арқанның астында қалды. Қоблан торы аттың үстине минип, шүў деп қамшы урды. Солқылдап аты желеди, сыйынғаны пир еди. Таңыўда жатқан Шамайдың мурнына азырақ нанның ийиси тал-тал болып келеди. Адамлар билмеспекен деп, тармақлап, тырнақлап, жабыўды жыртып шаппатай нан таўып алды.
Нешше майданлар жол жүрип, атты турғызып, қырқ жигитти азат етип, мерекеге келгендей, тойға жыйналғандай қатар отырғызды. Қуртқа қырқ күн мәўлет алып, жабыў тиккенде, ердиң тарықпас жери болмайды, нанның зыяны тиймейди деп, жабыўдың ҳәр қатына оннан, он бестен нан салып тигип еди. Жабыўды жыртып таслады, сол нанды алды, қырқ жигитке үлестирип берди. Олар да жеп тойып алды. Нанға тойып алған соң, қырқ жигит Қобланға қарап мынаны айтты:
—Салмағай басқа талаўды,
Келиссин мәрттиң талабы,
Тартылсын жердиң танабы,
Қатқан нанды, тамақ қылдық.
Баслағыл Қоблан жолларды,
Қайда, аға, Азыўлы?
Минермиз қарсы алып таўыңды,
Яд етсең қәдир аллаңды,
Қатты нанды тамақ қылдық,
Қоблан! Көрсет жаўыңды! —
Қырқ жигит ерип изине,
Қоблан баслап жөнеди.
Теңизден өтип батырлар,
Аржағына келеди,
Және жүрди он бес күн,
Ақ төбениң басына,
Ақбулақтың қасына,
Қоблан келип турады.
Бул жерге келгенде қырқ жигит Қобланға «Қоблан аға, жуўап бер бизге, биз қайтамыз изге», — дейди. Онда Қоблан: — Алдында мен өлсем, кейнимде сенлер өлсеңиз, не әрманыңыз бар, жүриң алға батырлар, — деди. Онда қырқ жигит: — Сен атлы кетсең, бизлер шөлде өлсек, бизиң өлимизди жеген ғарға елге аман бармас, ҳасла елге дарымас, жуўап бер, Қоблан, — деди. Қоблан бул сөзлерди еситип, жеккелик келип басына «атадан жаратсаң беслерди жарат, жалғызды жаратқанша, тасларды жарат», —деп ат басына күн туўып, аўызлық пенен суў ишип, ер басына күн туўып, етиги менен суў кешип, жалғыз ерге күн туўып, қырқ жигиттен айрылып, Қоблан Азыўлыға жол тартады. Қырқ жигит усы жерде қалады.
Қобланның ғарры бабасы алдынан шығып, көлде де, шөлде де ҳәзир болады—Ҳай, Қоблан, тарықпа балам, қырқ жигит кейиңнен келер, және он бескүн тамам жол жүрип, Сары таў деген жерде бир бағдың үстинен шығарсаң, қырқ жигитти бағқа киргизип жиберсең, бунда жатса он бес күн, жүр десең жүрмес, ат үстинен умтылсаң, қорыққанынан ол жүрер, он бес күн жол жүрип, Ақ төбениң тусында, Ақ булақтың басында пери салған қалаға барасаң, сол жерде бағыўлы турған қырқ ат бар, қырқ перийзат бар, оған минсе, қырқ жигит өзиңе болар қол-қанат, — деп Кәмбил пир көзден ғайып болды.
Ендиги сөзди қырқ жигиттен еситиңлер.— Қоблан болса кетип қалды, теңизден өтип кетти. — Бунда, қалсақ та өлемиз, суўға қәдем қойсақта өлемиз, суўға кетип өлгеннен Қобланның изине ерип өлгенимиз жақсы емес пе? — деп, Қобланның изинен адым урмақ пенен болды. Нешше күнлер жол жүрип, Қобланның кейнинен жетип, Қоблан менен қосылып, пирдиң айтқан бағына жетти. Он күн бағда жатты. Қоблан «жүрмейсиз бе» деди. «Маңлайы қараның баласы, аўзымыз асқа тийгенде, көрмейсең бе, кетебер» дейди. Қоблан, қырайын да, жояйын деп үстине ат қойды. Қырқ жигит жуўырып майданға шығып, бир-бирине қарап мына сөзди айтты:
Кейнинде болдық интизар,
Пияда қылды бириўбар,
Аўзымыз асқа тийгенде,
Қоймады бизди Қоблан нар,
Алладур мөҳмин панасы,
Узақдур жаўдың қаласы,
Аўзымыз асқа тийгенде,
Ҳеш жерде қоймай баратыр,
Қыдырбай шалдың баласы.
Қырқ жигит майдан жол тартты,
Айбат қатты, жан татлы,
Қырқ жигит жаяў, мәрт атлы,
Он күн тамам болғанша,
Жете билмей қырқ жигит,
Қырқ жигитти жол қақты.
Уллы таўға минеди,
Көзлер таслап қарады,
Перилердиң қаласын,
Қырқ жигит сонда көреди.
Бир бирине сөйледи,
Жүриң беглер, қырқ жигит,
Анаў бизге көринген,
Азыўлының қаласы,
Узақтан анық көринген,
Аның уллы мунарасы.
Алла деп қыйқыў салайық,
Қобланнан бурын барайық,
Барып балта салайық,
Қақпаларын қулатып,
Қаласын бузып жол етип,
Айдарлысын қул етип,
Тулымлысын тул етип,
Жаўларды анық өлтирип,
Қырқымыз атлы болайық.
Және қырқын өлтирип,
Қырқ атты қапталға алайық,
Пияда жүрген сорлымыз,
Жүрмегендей болайық.
Мийнет көрген ғәрипбиз,
Көрмегендей болайық.
Қырқ жигитлер жуўырды,
Жер танабын қуўырды,
Қалаға жақын келеди,
Адымласып жүреди,
Қалаға жақын барады,
Қырқ жигитлер — адамзат,
Бул қалада бар екен.
Қырқ сулыў қыз—перийзат,
Қырқ жигитлер келеди,
Перилерди көреди,
Перилерди көрген соң,
Еси кетип турады.
Бундай сулыўлар аспан астынан, жер үстинен шенде-шен дөремесе дөреген емес, дүньяға келген емес. Қардай ети, қандай бети, ҳәммеге жаққан қылығы менен хызмети. Қырқ пери қырқ жигитти көрип ҳәр қайсысын бир сарайға алып кетти. Сәҳәрде Кәмбил пир келип қырқ жигитке қырқ қызды неке қыйып берди. Қырқ жигит сарайда болды, Қоблан Дағыстанда жатты. Аң аўлап, кийик, қулан атты. Қоблан бир күни, Ҳаў, қырқ жигит, бағда жаттыңызлур он күн, бунда жаттыңызлар қырқ күн, жатпаңа келдиңизлер ме, жүрмейсизлер ме» — деген хабар берди. Онда қырқ жигит бедеўдиң жалын тарап, пирим деп жылап, бақтымыз қара, отырыпыз перилердиң ақ тамағының астына қарап, сен айтасаң қырқ күн өтти деп бизлер еле перилердиң исимин де сорап алғанымыз жоқ, дейди. Қоблан болар енди жүриң-деп ҳәмир етти. Қырқ жигит жүрип майданға шықты. Атымыз жоқ деп, зарлайды. Онда Қоблан оларға қарап:
Алым оқыр әжайыптың хатларын,
Қыпшақ дерлер сорасаң мениң затларым,
Қуртқа ярым сайлап маған ат берди,
Қәне, пери, сениң берген атларың?
Шашын таллап он төртинде өрилер,
Шөлге шықсам қуўат бергей еренлер,
Мениң Қуртқа адам ярым ат берди,
Сениң ярың ат бермей ме, перилер?
Әйлеп едим бул жерлерде мунажат,
Өткенлерден болғай бизлерге қуўат,
Барың беглер, қырқың талап қылыңлар,
Тулпар сайлап берсин сизге перийзат.
Бул сөзден кейин қырқ жигит Қобланға қарап мынаны айтты: Бес тиллалық бир яры бар, өлгенше аўзынан түсирмес, заңғар, бизиң перийзат ярымыздың буралып, таўланып, он еки муқам, жигирма төрт мың жилўа менен аўзын ашып тисин көрсетип бир күлген назына жетер ме деп ишке жүрис қылды. Я күн өткенин билмеймиз, я түн өткенин билмеймиз, перийзатлардың алдына барып не деймиз? — деди. Сонда Шамай айтады: — Ҳаў, қырқ жигит, бурынғыдан қалған сөз бар, «жақсыны жети жерге сатқанда да саўалы болмайды», перилердиң алдына барайық, Қоблан ағам ат берсин, деп жиберди деп сорайық. Өлсе, Қобланның сөзи өледи, ҳәрне бахтымызды сынайық, — деп перийзатлардың алдына барып, мынаны айтып турған қусайды:
— Бул жерлерде бир болмадық қор-зар,
Душпанларға болмаймыз биз гирипдар,
Қулағың сал, тыңлай бергил, дилбарым,
Қырқ жигиттиң айтатуғын арзы бар.
Ашық болып жүрмен сениң көзиңе,
Қостар болып қосылдыңыз өзиме,
Қырқ жигиттиң айтатуғын арзы сол,
Қырқ перийзат қулағың сал сөзиме,
Бедеў жалын саўаш күни тарады,
Батыр болып ҳәр бир иске жарады,
Қырқ жигиттиң айтатуғын арзы сол,
Қоблан ағам ат берсин деп сорады.
Жаў-жарағын питкерсин, деп жиберди,
Еглендирмей тез берсин, деп жиберди.
Сонда турып перилер:
— Әжеп болар, бегим, — деп,
—Қабыл болар, төрем,—деп,—
Секирип жайдан турады.
Ишкери жай ишине,
Перилер қәдем урады,
Алтын ерлер салынған,
Жуптан айыл шалынған,
Жаў ураны — бес қурал,
Бәри тайын турылған,
Қырқ бедеўди келтирди,
Қырқ жигитти миндирди,
Ийнине қамқа кийдирди,
Белине қамар буўдырды,
Ҳәм майданға шығарды,
Бир саат тамам жол жүрди,
Қырқ перийзат сулыўлар,
Мәрт Қобланды көреди.
Мәрт Қобланды көрген соң,
Кеўли толып батырға,
Қырқ жигитке сөйледи:
—Минген бедеў желмеңлер,
Жаратқан деп енреңлер,
Атадан жалғыз Қобланды,
Надан батыр билмеңлер.
Ашылған гүллер солған жоқ,
Атадан жалғыз Қобландай,
Ҳеш бир батыр болған жоқ,
Айыллы Орақ, ай Орақ,
Ол да бундай болған жоқ,
Ерлердиң басы хан Султан,
Ол да бундай болған жоқ.
Рустемнен басқасы,
Бундай қылыш алған жоқ.
Ҳәм Әлийден басқасы,
Бундай қылыш шалған жоқ.
Ҳеш мөҳминниң перзенти,
Жети журтты алған жоқ.
Және айтар арзым бар,
Бул сөзиме қулақ сал,
Ўәде бериң қырқ жигит,
Ўәделериң дилўарым.
Барлығың сүйикли ярым,
Айтың сизлер нешше айда,
Нешше жылда келерсиз?
Қырқ жигит сонда сөйледи:
— Биз жылаймыз зар-зар,
Пирим болсын мәдәткар,
Арғы шети сегиз күн,
Ортаншысы жети күн,
Перийзатлар, тыңлаңлар,
Ўәде болсын алты күн.
Сонда перилер сөйледи:
— Жақсы адам белгиси,
Әстелик пенен сөйлейди.
Кишиликти ойлайды,
Жаман адам белгиси,
Уллы сөзди сөйлейди,
Тәкаббырлық әйлейди.
Сол себепли жигитлер,
Тәкаббырлық әйлемең,
Көп кешиксең, келерсең,
Жети жыл менен жети айда,
Көрисермиз сарайда.
Қырқ жигит сонда сөйледи:
— Атыңның ол мойнына,
Тилладан тумар таға ма,
Жети жыл, жети ай болғанша,
Азыўдың аўыр шәҳәринде,
Барса келмес елинде,
Қобланың пада баға ма?
Сонда перилер сөйледи:
— Кейиниңнен болсам интизар,
Қырқыңа айтар арзым бар,
Бул сөзиме қулақ сал,
Ҳәр қайсысыңа бир күннен
Қырқ күн болсын сол ўәдем,
Қырқ күнде егер келмесеңг
Гүл жүзимди көрмесең,
Гөҳиқаптан табарсаң,
Перилерди излесең,
Қарқара барда, дәўран жоқ,
Зар жылаймыз қуда деп,
Қырқ күнимде келмесең,
Өзим түўе қырқ жигит,
Көшип кеткен журтым жоқ.
Лалы-маржан, бул маржанда сәдепти,
Душпанларға сиз бергейсиз азапты,
Көп жыласам мәрт жолыңа кес болар,
Кете бериң, бизлер бердик жуўапты.
Бул сөзлерди айтып болғаннан кейин, қырқ жигит атланып жолға раўана болды.
Перийзат ярымыздың қаласы, үлкен мүнарасы көринермекен деп қырқ жигит қыял етти. Артына айланып қарап турса, әўели қызыл-жасыллы көринген қала, соң көк мүнар болып көринди. Қырқ жигит қыял етти, бизлер киятқандағы қызыл көрингенлиги бизлердиң киятқандағы шаң-шәўкәтимиз екен. Енди көк мүнар болып турғанлығы бизлердиң ярымыз, я өли келгей, я тири келгей, деп матам тутып отырған екен, деп қырқ жигитиниң кеўли хош болып, Қобланға қарап бир сөз айтты:
— Минген бедеў дағыстансыз ел көрмес,
Өзи душпан бир қуданы бир билмес.
Кел ҳа,Қоблан, ат қосалы майданда,
Пери атына тоқал аты тең келмес.
Саўаш болса бедеў жалын өрели,
Перийзат пенен ойнап, дәўран сүрели,
Пери атына тоқал аты тең келмес,
Кел ҳа, Қоблан, ат шабысып көрели.
Сонда Қоблан сөйледи:
— Миндим бедеў ғажжа-ғаж,
Душпанға болсын бир саўаш,
Кеўлиңиз өссин майданда,
Қырқ жигитим қаша-қаш.
Күнлерим болған бир умыт,
Мәдетти бергей қүдирет,
Кеўлиңиз өссин майданда,
Қашыңлар бурын қырқ жигит.
Лалы-маржанлар сәдепти,
Хызметте баўырым кәбапты,
Ат қашырың бул жерде,
Сизлерге бердим жуўапты.
Алдыңызды алла ашсын,
Аллияр бердим жуўапты.
Таўлардың басында қары,
Мәдет бергей бириўбары,
Ат қашырың бул жерден,
Қырқта периниң яры.
Қырқ жигити Қобланның,
Аттың басын бурады,
Қайрылып қамшы урады,
Периниң берген атларын,
Қайырып жолға салады.
Бири қашса майданда,
Бири қуўып барады.
Жибер дейди торыша ат,
Жибермейди шөллерде,
Үстинде бар адамзат,
Қырқ жигиттиң кеўли өссин,
Кеўлим қайда барады деп,
Көзгенеңнен торы аттың,
Тартып басын қалады.
Гәҳи жүрис, гәҳи жорға,
Он еки муқам ойнады,
Периниң берген атлары,
Артқы аяғын тиреди.
Алғы аяғын кереди,
Қоян киби секирип,
Толықсып ойнай береди,
Табаны тасқа тақылдап,
Зәңгилери шақылдап,
Толықсып ойнап барады.
Үстиндеги қырқ жигит,
Жабрайыл деп шырқырап,
Жибер дейди торыша ат,
Жибермейди үстинде,
Қырқ жигиттиң кеўли өссин,
Кеўлиң қайда барады деп,
Жибермей басын бурады.
Гәҳи жүрис, гәҳи жорға,
Он еки муқам ойнайды,
Мәрттиң минген торы аты,
Орқояндай бүгилип,
Кер кийиктей тигилип,
Толықсып ойнап барады.
Жибер дейди торыша ат,
Жибермейди мәрт Қоблан.
Қырқ жигиттиң кеўли өссин,
Кеўлим қайда барады деп,
Көзгенеңнен торы аттың,
Жибермей басын бурады.
Гәҳи жүрис, гәҳи жорға,
Он еки муқам ойнады,
Мәрттиң минген тулпары,
Қайда қалды Қоблан деп,
Қырқ жигити Қобланның,
Арт бетине қарады.
Көре алмады Қобланды,
Қоблан қалды кейнинде,
Шыдамады ойынға,
Дөнҳа-дөнден қырқ жигит
Ат ойнатып барады.
Сыйынып мәртлер пирлерге,
Нешше майдан жол жүрип,
Қырқ жигит таяр болады,
Қалмақтың таўы—Ала таў,
Ала таўдың үстинде,
Ақ төбе ҳәм Ақ шәшме,
Деген жерлерге келеди.
Шәшмеден ат суўғарып, суўға өзлериниң ҳәм мийри қанып, Қоблан қаяққа кетти екен,—деп артына қарап турса, бир төбеге бирден таўға минген Қобланның торы аты, бир майданнан кейнинде байдақланып көринди. Қырқ жигиттиң кеўли өсти. Қобланға бир сөз айтты:
Аттың басын бул майданда бурыстың,
Өзиң жалғыз ҳаққа жетпей налысың,
Тоқал аты астында бар бәтшағар,
Ҳәлиң билмей пери аты менен жарыстың.
Әйлеп едиң бул жерлерде мунажат.
Ҳәммеден артықдур сиздеги ғайрат,
Ҳалың билмей пери аты менен жарыстың,
Бир ай шапсаң, ерисе алмас, торы ат.
Атлар шаппай бәлент таўдың даласы,
Өлсе себил зүриятсыздың қаласы,
Абрай барда айда, айда Қобланлы,
Қара Қыпшақ Қыдырбайдың баласы.
Буннан кейин Қоблан «тойдырғанның сақалына»—деген бәтшағар, деп, астындағы торы атына қарап бир сөз айтты:
Астыма минген торы атым,
Жаўларға жеткей париядым,
Ийеңе намыс келгенде,
Айлансын Қоблан сенен деп,
Сизлерге намыс келмей ме,
Ырғыҳа, ырғы, торы атым.
Тәўекел еткил, зүриятым,
Азыў тислери төрт ели
Жарларда қоян секилли,
Суўларда жылан мүшели,
Мисли Зуҳра секилли,
Мысалы алтын кекилли,
Ийеңе намыс келгенде,
Айлансын Қоблан өзиңнен,
Ырғы, ырғы, торы атым.
Тәўекел еткил, зүриятым,
Ойларға тиккен отаўдай,
Туяғың сулыў торы атым,
Қаққан қазық секилли,
Жилигиң пүтин торы атым.
Ийеңе намыс келгенде,
Айлансын Қоблан өзиңнен,
Ырғы, ырғы, торы аты.
Тәўекел әйле зүриятым,
Ол гириядан өткендей,
Мойның сулыў торы атым,
Жаз күни пискен алмадай,
Көзиң сулыў торы атым.
Тарта пишкен шанаштай,
Танаўың сулыў торы атым.
Порымы келген бесиктей,
Омыраўларың есиктей.
Ырғы-ырғы, торы атым,
Тәўекел әйле, зүриятым.
Келеплеген жипектей,
Кекилиң сулыў, торы атым.
Қызлардың өрген шашындай,
Жалың сулыў, торы атым,
Қызлар таққан шашпаўдай,
Қуйрығың сулыў, торы атым,
Ййеңе намыс келгенде,
Саған намыс келмей ме,
Ырғы-ырғы, торы атым,
Тәўекел әйле, зүриятым.
Минген бедеў кер еди,
Пирим мәдәткер еди,
Аспанға қарап еснеди,
Гүлдир-гүлдир киснеди,
Пирим деп Қоблан жылады,
Аспаннан келди бес тырна.
Тырна емес, еренлер,
Тырна болып келгенлер,
Ат танапқа қол салды,
Бурыла берип қарғыды,
Атқан оқтай қаңғыды,
Қошеметти еситип,
Ақ кийиктей секирип,
Жылдырым киби ағады,
Атлар ойнап барады,
Аңламады қырқ жигит,
Қырқ жигиттиң жанынан,
Қуўдай сыңсып өтеди,
Қанатқа пәрман қылады,
Қара жерге түскенде,
Таў кийиги қуланды,
Қулан менен жарысып,
Ақ кийик пенен шабысып,
Толықсып ойнап барады,
Қоблан ҳаққа жылады,
Азыўдын аўыр шәҳәрине,
Барса келмес елине,
Дәрўазаның аўызына,
Бир шәшмениң басына,
Қоблан таяр болады.
Буннан кейин Қоблан қырқ жигитин сынамақ ушын, атының ерин алады. Тийиндеги жыртылып қалған жабыўын атқа терлик етип салады. Қайтадан ертлеп алады. Торы атқа қарасаң, зелел еткен ҳәттершиниң байталындай болып турады. Белинде бир потасы бар еди, қайта-қайта тырыстырып белине орап буўады. Түрине қарағанда жолда турған баспақшының өзи болып тура қалады.
Ендиги сөзди қырқ жигиттен еситиңлер: Қоблан қалды кейнинде, шыдамады ойынға дөнҳа-дөн, баса бас, деп, кейнинен бир ярым күн өткенде ат ойнатып киятырған қусады. Муны Қоблан көрип жигитлерин сынап, мәртбекен, нәмәртбекен деп бир сөз айтты:
— Ашылған бағда гүлим,
Сайрар шәменде бүлбилим,
Қашқан менен бизлерден,
Қутыларың биймәлим,
Залым ляляли-лялялли
Қашқан менен бизлерден,
Қутыларың бийгүман,
Залым лялялли-лялялли,
Ашық аты лалазар,
Шәҳәриме келдиң бийхабар,
Қашқан менен бизлерден,
Қутыларың бийгүман,
Турҳа, турғыл бәтшағар,
Қашпай турғыл геллеғар,
Сол ўақлары қырқ жигит,
Арқадан шамал енди деп,
Ақыр заман болды деп,
Қоблан қайда қалды деп,
Тәжжал қайдан келди деп,
Бедеўдиң жалын тарады,
Қырқ жигит неге жарады,
Арт бетине айланып,
Ўай-ўайлап қашып барады.
Атадан жалғыз мәрт Қоблан,
Турҳа-тур деп ат салды,
Батыр минди торы атқа,
Ерлер минди ғайратқа,
Иркилмейди қырқ жигит,
Ўай-ўайлап қашып барады,
Мәрттиң кеўли қызықты,
Қызықса, иси бузықты,
Найзаны қолға алады,
Арт қуйрығын түймесин,
Ер мийнетим күймесин,
Гөшине найза тиймесин,
Қырқ жигиттиң үстинен.
Бирим-бирим мәрт Қоблан,
Найза сермеп барады.
Бир найзасы тиймейди,
Бәри бирдей қырқ жигит,
Ат астына қулады,
Қорыққанынан қырқ жигит,
Жығылып бәри қалады,
Билдирмейди жәниўар,
Ырғып кетти торы ат,
Ақсуўдың ол басына
Қуўдай сыңсып қонады
Шүкир қылып аллаға,
Сонда Қоблан турады.
Ендиги сөзди Қобланнан еситиң: Қоблан аттан түсип, аттың ерин алады, бурынғы қәддинде атын қайтадан ертлеп алып кийимлерин кийип, қәддине келип атының үстине минип, әсте жортып киятырыпты. Қырқ жигит ҳәм көзиниң астынан қарап атырыпты. Бәршемизге найза тийип жарадар болып қалғанда киятқанын көрдиң бе деп тоңқылдасып атырыпты. Қоблан нәрсе көрмегендей, ҳеш билмегендей қырқ жигитине қарап мынаны айтты:
— Мөҳминлер етеди алладан үмит,
Бизлер жүрмиз сизди батыр қостар деп,
Бәршеңиз қалыпсыз аттың астында,
Бул не зулмат, бул не қысыўмет, қырқ жигит?!
Батырлықтан барды найза дәстимде,
Биз жүремиз патшалардың қастында,
Бул не исдур яранларым қырқ жигит,
Бәршеңиз қалыпсыз аттың астында,
Саўаш болмай аттың жалын тарадым,
Батыр болып не бир күнге жарадым,
Бәршеңиз қалыпсыз аттың астында,
Қырқ жигитлер не тәжжалға ушырадық?
Сонда қырқы сөйледи:
— Атлар шаппай бәлент таўда раўана
Мәдет бергей пири Шәҳимарданы,
Жарадармыз айтатуғын арзым бар,
Әсте сөйле қара қыпшақ Қобланлы.
Душпанлардың шықсын шөллерде жаны,
Айдап биз қайтпаймыз Азыўдың малын,
Қырқ жигиттиң айтатуғын арзы сол,
Әсте сөйле Самарқанның арысланы.
Бедеў жалын саўаш күни өрип ек,
Бәримиз де Рустем киби болып ек,
Сол шәҳәрге ат ойнатып барып ек,
Барып дәрўазаға балта урып ек,
Алдымыз он, кейнимиз бес қырып ек,
Нәзер салып дөгерекке қарадық,
Батыр болып ҳәр бир күнге жарадық,
Алдымыз бес, кейнимиз бес қырғанда,
Лалаллы деп бир тәжжалға ушырадық.
Сонда Қоблан сейлейди:
—Бурынғыдан қалған сөз,
Ханнан қайтқан бийлердиң,
Бий нышаны боларлар,
Шикардан қайтқан жигиттиң,
Бес нышаны балалар
Жаўға тийген батырдың,
Жаў нышаны боларлар.
Нешше жерде жара бар,
Қырқ жигитлер сиз маған,
Жаў шетинен бер хабар.
Анда қырқ жигит сөйлейди:
— Атлар салмай өңиримнен,
Сан мың ләшкер қол келсе,
Өткермеймен теңимнен
Әсте сөйле, Қобланлы,
Баяғы қуўған бәтшығар,
Келмесин әне кейниңнен,
Барып болдық дуўшакер,
Мәдетти бергей бириўбар,
Әсте сөйле, Қобланлы,
Баяғы қуўған тәжжалды,
Келеди деген қәўпим бар,
Бедеўдиң жалын тараймыз,
Не бир күнге жараймыз,
Азап-ақырет бергенге,
Қоллар салып беденге,
Сыйпалаймыз, қараймыз,
Қарқара барда, дәўран жоқ,
Зар жылаймыз қуда деп,
Бедениме қол салып,
Қарасам жаман жеримнен,
Басқа жерде жара жоқ.
Анда Қоблан сөйледи:
— Жаўды көрген қырқ жигит,
Тәжжалды көрген қырқ жигит,
Қырқ жигитим, турыңлар,
Бәршең атқа миниңлер,
Қайда, көрген жаўыңа,
Султанлар баслап жүринлер!
Қырқ жигити турады,
Алдын баслап жүреди,
Қалаға жақын келгенде,
Анаў көрген шәҳәрим деп,
Тәжжалдан қашқан жерим деп.
Шегниңнкирей береди
Онда Қоблан сөйледи:
— Салмай басқа жарлықты,
Ким әйлер пейли тарлықты,
Қорықпай жүриң қырқ жигит,
Әўел қуда қырық жигит,
Шәҳимәрдан яр болса,
Ким қылады зорлықты,
Ҳәмирсиз тикен кирмейди,
Әжелсиз бейде өлмейди,
Тәўекел етип аллаға,
Султанлар қорықпай жүр —дейди
Қалаға жақын келеди,
Көзлер таслап қарады,
Көзлер таслап қараса,
Қалмақлардың шәҳәриниң,
Қырқ гез муның оры бар,
Қырқ гез жаңа қарғалық,
Асты бетин қаланың,
Гербиш пенен соқтырған,
Және бес мың лабыр бар.
Сыртынан полат жақтырған,
Тоқсан қабат көк темирден,
Қалмақ салған қала бар,
Дәрўазасы қоладан,
Аспан менен барабар,
Кимниң аты тулпарды,
Кимниң аты тексиз ат,
Мынаў турған қалаға,
Ат айдасып көрейик,
Бәсиң бар ма қырқ жигит?
Онда қырқы сөйлейди:
— Нәсилсиз аттың белгиси,
Сүбәси тар болар ма,
Бақайы келте болар ма,
Мойны узын болар ма,
Таўда озған пери аты,
Шөлде озған пери аты,
Қалаға жақын келгенде,
Тоқал баққан торышадан,
Кейин қалып қояр ма,
Айда-айда, Қобланлы,
Шүў-шүўлесе де жүрмейди,
Урса қамшы билмейди,
Аспанға қарап еснейди,
Гүлдир-гүлдир киснейди,
Сөйлерине тили жоқ,
Оқыранып болып еңрейди.
Мысал етип торыша ат,
Қобланға қарап не дейди,
Имла менен сөйлейди:
—«Буннан басым бурасаң,
Ашытып қамшы урасаң,
Ҳәм атамсаң, әкемсең,
Сабыр әйле, мәрт Қоблан,
Сабыр әйлесең, раҳмет бар,
Бий сабырға нәлет бар,
Айлымды шеш, қуўнайын,
Еримди алшы, аўнайын,
Жүўенимди алшы, аға жан,
Ара, жуўсан шайнайын.
Мынаў турған шәҳәрге,
Бир тәўекел етейин.
Өтсем, өтип қалғаным,
Өте алмастай күн болса,
Сизлер менен бизлерди,
Қара жер тартқай қудайым.
Ат-басына күн туўса,
Суўлығы менен суў ишер,
Ер басына күн туўса,
Етиги менен суў кешер,
Жалғыз ерге күн туўса,
Басынан кетпес дәрдесер,
Жылай-жылай үни өшер,
Жекке шыққан үйириңнен,
Басыңа күнлер туўғанда,
Қолың кетпес бүйриңнен», —
Деп ат зибаны байланды,
Айылын шешти, қуўнады,
Алды ерин, аўнады,
Жүўенин алды торыша аттың,
Арадан жуўсан шайнады,
Қайтадан ерди салады,
Жуптан айыл шалады,
Жарақларын мәрт Қоблан,
Ат үстине бәнт қылып,
Ат үстине минеди,
Шүў деп қамшы салады.
Қырқ жигити Қобланның,
Тамашаға бир қарап,
Тамаша қылып турады.
Бир мәртебеде урады,
Тәўекел етпей жәниўар,
Жаратқанға жылады,
Және мәртлер урғанда,
Расули деп турады,
Үш мәртебе урғанда,
Пирим Шәҳимардан деп,
Сонда Қоблан жылады.
Төрт мәртебе урғанда,
Имамлар деп жылады,
Бес мәртебе урғанда,
Шилтерлер деп аҳ урды.
Алты рет урғанда,
Жылқышы ата пирим, деп,
Оқыранып жылады.
Селлер болып көз жасы,
Қабыл болып тобасы,
Таяр болып келипти,
—Тарыға көрме балам,—деп
Қызыр Ильяс бабасы.
Ат танапқа қол салды,
Қырқ шилтер ғайып еренлер,
Қос қанаттан көтерип,
Зәңғиден алла салады,
Пирден мәдет болған соң,
Мәртлер минген торыша ат.
Бурыла берип қарғыды,
Қайрыла берип ырғыды,
Атқан оқтай қаңғыды,
Ат қуйрығын түйдирмей,
Мәрт еңбегин күйдирмей,
Төрт аяғын торыша ат,
Қарғалыққа тийдирмей,
Ушып барып жаныўар,
Қызыл қумның үстине,
Қуўдай сыңсып қонады,
Қырқ жигиттиң атлары,
Ҳақ деп бул да ырғыды,
Я қалаға жете алмай,
Я кейнине кете алмай,
Себил қалғыр қаланың,
Қәндегине қырқ жигит,
Бәри теңдей жығылды,
Қырқ жигити Қобланның,
Бир мәсләҳәт қылады:
— Биреў атып сала ма,
Я лабыр таслап қыра ма,
Алла деп шаўқым салайық,
Қоблан жүрсе не ерде,
Тусында жүрип қырқ жигит,
— Мынаў орды жағалап,
Биз де алла салайық,—
Деп мәсләҳәт қылады.
Замана муқам дөндирди.
Пырағы оттай сөндирди,
Мәрт келди деген хабарын,
Мынаў турған душпанлар,
Әлле қайдан алыпты.
Қалмақлар жәм болыпты,
Аппақ шатыр, ақ шатыр,
Қалмақ деген толып атыр,
Есабы жоқ қалмақлар,
Қаладан гүўлеп киятыр,
Нешше бир палўан киятыр,
Қолларында ай балтасы,
Не бир палўан жүрипти,
Мойнында темир алқасы,
Не бир палўан киятыр.
Доңыздың жақ терисинен,
Исленген бар қалқасы,
Ғашыр минген нешшеси,
Атлы душпан қырқ мыңы,
Арқадан минген қырқ мыңы,
Есабы жоқ көп душпан,
Қаладан гүўлеп келеди,
Атадан жалғыз мәрт Қоблан,
Түнде тийсем қалмаққа,
Нәмәрттиң иси болар деп,
Өзиң сақла суҳбан деп,
Пирим Шәҳимардан деп,
Бир қудаға сыйынып,
Сол шәшмениң басына,
Батыр Қоблан қонады.
Буннан кейин сол күни мийман болып, азан менен турып атын зәртең-зәбертең ертлеп алды, «көп қорқытады, терең батырады», — деген, жанынан қорқып, ийманын айтып, қазаға ыразы, бәлеге сабыр қылып Қоблан отырды.
Ашрыў дүпен атылды, ләшкерлер Қобланның үстине қарап, қаладан шығып шубырды. Ат тозаңынан шаң шыққан күни күн тутылып, қараңғы зимистан болды, Қоблан жатқан шәшмениң сыртынан қалмақлар алпыс қабат қурсап турды. Мәсләҳәт етти «Бул келген баланы услап алайық, Көбикли патшаға базарлық қылайық, таяқ урмай, жара салмай, баланы услап алайық», деп кеңести. Батыры алдында турып, нәмәрти қашпаға таяр болып, Қобланның үстине жүрис қылды. Әне көптиң айбатынан қорқып, Қоблан бир сөз айтты:
— Ат мойнына таққан тилладан тумар,
Болмағайман душпанларға қоры-зар,
Жалғыз едим, мәдет бергил, сыйындым,
Жоқтан бизди бар әйлеген бириўбар.
Бәршени халық етип жаратқан алла,
Душпанларға қыла гөрме муптала,
Жалғыз едим қуўат бергил, сыйындым,
Алланың ҳәбибий расулы алла.
Атың Қызыр Ильяс жәҳәнге белли,
Жалғыз өлсем паяны жоқ мәнзили,
Жалғыз едим, мен сыйындым сизлерге,
Мәдет бергил бизге Ибраҳим Қалийли.
Ат сүринген бәлент таўда қыя тас,
Бизге дәркар болды қайтпас қарындас,
Жалғыз едим, мәдет бергил, сыйындым.
Шөллердиң ийеси Қызыр Ильяс.
Сергиздан етпей бизлерди душпан,
Бул душпаннан қутыларым көп гүман,
Разы бол бизлер дейин жалғызға,
Жылап қалған еки бирдей ата-анам.
Қалып едиң бизге жылап интизар,
Туўысқансаң, сеннен бөтен кимим бар,
Енди қайтып көрмеклигим бийгүман,
Разы бол туўысқаным Қансулыў.
Жылап турды мөҳмин елдиң баласы,
Рәҳим етип сонда қәдир алласы,
Сонша жылап турған ўақта Қоблан ер,
Таяр болды Қызыр Ильяс бабасы.
Буннан кейин батыр ер,
Ат қуйрығын түйеди,
Бадана көзди кийеди,
Душпанлар көп, мәрт жекке,
Жекке басы тәнҳа өзи,
Бир қудаға сыйынып,
Қалмақларға тийеди,
Алдым бийик, артым жар,
Айланбаққа жерим тар,
Жығылар болсам бириўбар,
Он еки имам, төрт шәрьяр,
Халқым болғай хабардар,
Ай жағынан келеди,
Айланып шаўқым салады,
Күн жағынан келеди,
Гүңиренип алла салады,
Тақты жайға гиристи,
Алла оңғарғай бул исти,
Тар көшениң үстинде,
Тартты силтеп қылышты,
Таймай салды урысты,
Болды урыс майданда,
Мәртлер минген гүреңди,
Тайынбай салды сүренди.
Болды урыс тамаша,
Астындағы торыша,
Батыр кескен геллеге,
Ара-тура сүринди.
Болды урыс майданда.
Ат мойнына тумар тақты,
Үсти-үстине дабыл қақты.
Қанлар деген сарлап ақты,
Қайтпай батыр қылыш шапты
Душпан деген қырғын тапты.
Урыс болды песин ўақта,
Болды урыс майданда.
Сыйынған пири еди,
Күни менен урыс қылады,
Түни менен мәрт Қоблан,
Ол майданға қонады,
Әне билек, әне күш,
Әне ғайрат, әне ис,
Гәҳи қалада, гә далада,
Салды мәртлер бир урыс.
Оң қолында жарқырап,
Испиҳан семсер бир қылыш,
Қоңыраў яңлы шылдырады,
Алла деген ол даўыс,
Қоблан қашып, душпан қуўды,
Душпан қашса, Қоблан қуўды,
Душпанларға күнлер туўды,
Дүйит-дүйитлесип ат салды,
Мысал ақыр заман болды,
Қутылмағы гүман болды,
Топалаңнан жаман болды,
Болды урыс майданда.
Мен-мен деген көп болды,
Қол көтерген сап болды,
Көргенлерге қәўип болды,
Көрмегенге лап болды.
Көрген ҳайран қалады,
Ишиндеги ирисин,
Аўзы қанлы бөрисин,
Үштен биринен көбисин,
Қалмаңтың үлкен төресин,
Сары таўдың даласын,
Қызыл қанға бояды,
Болды урыс майданда,
Алла деп сүрен салады.
Орды айланып қырқ жигит,
Бул да алла салады,
Батыр кескен геллени,
Жекке-жарым душпанды,
Бул да гелле қылады.
От ғана таслап урады,
Жалғыз мәрттиң алласы,
Сан мың қолдай болады.
Ада болмас душпанлар,
Бири өлсе, мыңы бар,
Қобланды келип қоршады,
Гәҳи қашып, гә қуўып,
Белли сүргин салады,
Алдын қырдым дегенде,
Арты гүўлеп барады,
Артын қырдым дегенде,
Алды ғаўлап барады.
Биреўи өлсе душпанның,
Оны таяр болады,
Жети күнлер толғанда
Тайма-тайма ләшкер деп,
Қалмақ басқы болады.
Кейнинен ат салады,
Жеткен жерде қалмақты,
Гелле қылып барады.
Қашып сонда қалмақлар,
Патшасы жатқан қалаға,
Қыйқыў салып қамалды,
Душпанлар басқы болғанда,
Атадан жалғыз мәрт Қоблан,
Дәрўазаның алдында,
Ақ найзаға сүйенип,
Үсти-басы қан болып,
— Және бар ма қалмақ?—деп,
-Қәне келсин булар,—деп,
Дөгерекке қарады,
Жаңа қолым қызықты,
Жаңа тәним қызыпты,
Тезирек шыққыл, қалмақ! деп,
Турды Қоблан айқурып.
Батырдың ети суўыды, батырдың қайғысы көп болды, ол қайғының мәниси—баяғы ерип келген қырқ жигитте ҳеш бир дерек жоқ. Өликпе-өлик қыдырды, ҳеш бир хабар жоқ. Орды айланып та қыдырып киятыр, ҳеш бириниң нышаны жоқ, дәрўазаның аўзына келип гүңгираның үстине минип даўыслады. Қырқ жигитлер ҳәм баяғы ордан шығып, сес берди.
Анда Қоблан:—Маңлайыңыз қара, нетип жүрсизлер?—деди.
Анда қырқ жигитлер: — Есирме, қыпшақ, — деди. — Сен ат шаптың, бизлер ҳәм ат шаўып едик, сен атыңды ырғытқанда биз ҳәм ырғытып едик, сен бүйерде жүргенде, биз сениң аржағыңда жүрип едик. Периниң аты шаўқымшыл есер болады екен. Қалаға өзин атты, қанат байлады, ушты. Сениң аржағыңа түсти. Көзи қапылды. Қуда урды ма, қаланың қәндегине келип турды. Оның менен де бос жүргенимиз жоқ, кимин урып алдық, кимин шаншып алдық, кимин тартып алдық. Қаланың қәндегин биз өликке толтырдық. Мийнетти биз, рәҳәтти сен көрдиң.
Анда Қоблан айтты:—Ғамгүн болма қырқ жигит, сақлап қойған қалам бар. — деди. Қырқ жигит жатқан шүңгилге арқан салды, қуйыдан шекер тартқандайын, бары-жоғын шығарып алып атыр. Қалмақлар нәҳән мунарға шығып қарап турды.
— Қорамсақтың қырқ мыңы жер үстинен, қырқ мыңы жер астынан киятыр екен,—деп, қалмақлар гүўлеп жылап турыпты. Қырқ жигитти атларына миндирип, қылышларын қолына берип, әўели өли шаптырды. Жаны шала жансар жатқанларды шаптырды. Қырқ жигиттиң қолы қызып, «Қайда Қоблан қалаң, басла» деди. Көбикли жатқан қалаға апарып жиберди. Қоладан дүзеткен қалаға балта урды. Қопарылмай турды. Қобланның ҳәм қәҳәри келип аттан жерге түсип, дәрўазасын қопарып алып, аспанға зыңғытып жиберди. Батырға шарапат, сыпайыға сиясат, алымға ишарат, — деген қырқ жигитине қарап Қобланның қошемет айтып турғаны:
- Бағдың гүли жайнады,
Муныңдай дәўран қайдады,
Өлтирсең пайда қырқ жигит,
Өлсең шейит болады,
Ҳәр қайсыңызға айдын,
Сегиз булақ келеди.
Анда турып қырқ жигит,
Марапатқа шыдамай,
— Алла-алла, алла!—деп,—
Исми болғай алла,—деп,
Қырқ жигит сонда ат салды,
Исимди өзиң оңла деп,
Төрти тийди бир жақтан,
Беси тийди бир жақтан,
Оны тийди ҳәр жақтан,
Қайтпа батыр, қайтпа деп,
Қоблан атлы бул батыр,
Саза жиберди қубла беттен,
Тайынбайды қырқ жигит,
Белли урыс қылады,
Ханның алған азадасы,
Күн көрмеген шаҳзадасы,
Жер баспаған бегзадасы,
Тар кемедей қылтылдап,
Геўишлери сылтылдап,
Латманат деп зар жылап,
Көше менен қашып барады.
Қызыл туўын қыйратты,
Жасыл туўын жайнатты,
Ортада бедеў ойнатты,
Сан мың қулдан аўла болды,
Қырқ жигиттиң айбаты,
Тайынбай урыс қылыпты,
Мына мөҳмин зүрияты.
Бөри тийген қой киби,
Бир шетинен сулатты,
Бул не деген тәжжал деп,
Сонда қалмақ жылапты,
Қырқ жигит қыял ойлайды,
Қайда екен патшасы,
Бул қаланың олжасы,
Арт бетине қырқ жигит,
Нәзер таслап қарапты.
Керегеси гертпе алтын,
Уўығы бар сап гүмис.
Шаңырағы дәнданнан,
Ҳәр үзигин орданың,
Ақполаттан жаптырған.
Туўырлығын орданың,
Ақ темирден туттырған,
Үш тоқсан баслы боз орда,
Байдақланып көринген.
— Мында екен патшасы,
Қалмақлардың дүньясы,—деп,
Ат салады қырқ жигит,
Ат ойнатып барады.
Барып қоршап алады.
Ақ найзаның ушы менен,
Ақ үзикти көтерип,
Мынаў үйге қарады.
Үйге үңилип қараса,
Жаў-жарағы сайланған,
Табриздиң тасына,
Ала аты байланған,
Алтмыш батман амуўды,
Сексен батман шүй темир,
Тоқсан батман сом темир,
Алтмыш батман герданды,
Ол басына дастанған,
Үйдиң иши кең болған,
Кереге менен тең болған,
Көп арқардың териси,
Липасы менен тең болған.
Үлкенлигин муннан бил,
Жеңиниң ушы кең болған.
Атасы екен заңғардың,
Мурты узын Буўрахан,
Буўраханның перзенти,
Азыўлыдай енеғар,
Көбиклидей бәтшағар,
Тостағандай толы көз,
Аўдарылып қарады.
Көзин ашқан ўақытта,
Булт көшкендей болады,
Секирип жайдан турады,
Ала атына минеди,
Ийнине силкип салады,
Амуўын қолға алады,
Қырқ жигитке сөйледи:
— Ғәриплер, болдым бийқарар,
Бизлерге болдың дуўшакер,
Арт бетинде уллы шәҳәр.
Сол шәҳәрди берип ем,
Бул қаламда, қәнекей,
Неңиз бар еди, енеғар,
Тура-турың, бәтшағар,
Минген бедеў желип ем,
Арт бетимде уллы шәҳәрим.
Сол шәҳәримди берип ем,
Мийман деп сыйлап жүрип ем,
Турҳа-турғыл заңғар!—деп,
Кейнине ат салады.
Онда турып қырқ жигит,
—Арқадан самал енди,—деп,-
Ақыр заман күнди, — деп,-
Қоблан қайда қалды,—деп,-
Бизге таяр болды,—деп,
Иркилмейди қырқ жигит,
Ўай-ўайлап қашып барады.
Кейнинен дәўлер қалмады,
Анда Қоблан сөйледи:
— Ҳәмирсиз тикен кирмейди,
Әжелсиз бенде өлмейди,
Тәўекел алла етейик,
Қорықпа султан тур!—дейди.—
Алладан әйлеген үмит:
Қорықпай турың қырқ жигит!—
Тыңламады қырқ жигит,
Онда Қоблан налыды,—
Атадан жаратсаң беслерди жарат,
Ялғызды жаратпа, тасларды жарат,
Атасы алтаў туўғаның,
Аты жолда қалар ма,
Төрени қолдан берер ме,
Қырқ жигиттиң ишинде,
Емшеклесим ғамхорым,
Туўысқаным бар болса,
Бизлер киби жалғыз ер,
Ортада бозлап қалар ма,
Бурынғыдан қалған сөз,
Ийт ебейден қорқады,
Ебей ийттен қорқады,
Қалмақ үйген саркопқа,
Торы тайын тартады.
Секирип минди торы атқа,
Мәртлер миндн ғайратқа,
Көбикли менен мәрт Қоблан,
Еки бирдей сол палўан,
Азыўдың аўыр шәҳәринде,
Қарсыласып барады.
Ол ўақыттың баҳадырлары әўели жол болсын сорасып, соннан соң ғайрат қылысар еди. Жасы уллы Көбикли, Қоблан балаға қарап бир сөз айтты:
Мәрт Кобланды көреди,
Ғарқылдап кеп күледи,
Күле сөйлей береди:
— Ашылған бағдың гүлисең,
Қай шәменниң бүлбилисең,
Қайсы байдың улысаң,
Қай тәңирдиң қулысаң?
Атыңды айт та нәслиңди айт,
Кимниң улы боласаң,
Атың кимлер боларсаң?
Анда Қоблан сөйлейди:
—Ашық оты лалазар,
Алладан басқа кимим бар,
Ат сорасып биз бенен,
Жол сорасып биз бенен,
Қызлар берип, қыз алған
Қудамбедиң енеғар?!
Ашылған бағдың гүлимен,
Мен шәменниң бүлбилимен,
Нурдың қара таўында,
Қозы гүзар, қой гүзар,
Жылан өткен таўында,
Шақан улы Ақшахан,
Ақшаханның халқында,
Сақалы буўрыл болғанда;
Үни тарғыл болғанда,
Әўлийе қоймай тилеген,
Масайық қоймай түнеген,
Қорасанға қой айтып,
Әўлийеге ат айтып,
Түйедей шөккен көк тасқа,
Қуўсырыққа түнеген,
Түнегенге ҳақ берген,
Қыдырбайдай байлардың,
Бир жаратқан алладан,
Тилеп алған улыман,
Сизлер киби душпаннан,
Әжелим жетсе өлмекпен,
Дин қылышын қалмаққа,
Қалмақты динге салмаққа,
Ат ойнатып келгенмен.
Мениң атым сорасаң,
Сендей киби душпанға,
Тәжжал Қоблан боларман!
Анда турып Көбикли,
Мыйығын тартып күледи,
Қобланға тағы сөйлейди:
—Садағаң сениң кетейин,
Қалмақ қурысын, нетейин,
Ҳәўес асым, боз қозым,
Ноғайлы елдиң мийўасы,
Саў-саламат бармысаң,
Бир көрегим етейин,
Минген бедеў желип ем,
Мен барайын дегенде,
Астрахан атлы теңизден,
Мен өте алмай жүрип ем,
Әжел айдап келдиң бе,
Мийнет айдап келдиң бе?!—
Алтмыш батман амуўды,
Көтерип қолға алады,
Ийинине силкип салады.
Өлер жериң усы деп,
Тас төбеңниң тусы деп,
Көк желкеңниң үсти деп,
Ҳаўалатты амуўды,
Батыр қалқан тутады,
—Әўели қуда, Кәмбил пир,
Пирим, — деди, — жылады.
Амуў келип шық етти,
Ат басындай сом журек,
Сарайында туўлады.
Амуўды жулып қолға алды,
Тартып алып жерге урды.
Дәўге қарап умтылды:
—Атаңа нәлет, қул! — деди,
Сен де динге ен — деди, —
Таныдың ба сен — деди, —
Танытайын мен — деди.
Алаңғасар әлип дәўди,
Бөке дәўдей батырды,
Жер менен жексен еткенмен.
Мингенмен аттың белине,
Алла дейип ат шапсам,
Ким шыдайды демиме,
Тез мусырман бол! — деди, —
Ийман келтир қызыл бас,
Мен — мендурман, мендурман,
Менменликке бел қойған,
Бәлки қара ердурман,
Өзим деген адамға,
Түўесилмес кәндурман,
Достың отын сөндирмеймен,
Душпан отын жандырмайман,
Менменлик етсең, оңдырмайман,
Менменлик еткен душпанның,
Төбесине қойылған,
Тоқсан батман шүй темир,
Шойын амуў мендурман,
Танытайын мен, — деди, —
Қандарың Қоблан мен, —деди
Анда турып Көбикли,
Қандарың деген ўақытта,
Ғарқылдап тағы күледи,
Күле турып сөйледи:
—Ат сүринбес тас, — деди,—
Ағыздың көзден жас, —деди,—
Жаңағы айтқан сөзиң бар,
Жәннет деген сөзиң бар,
Атаңа нәлет қыпшақлы,
Муштайында булардың,
Айтқан сөзи салмақлы,
Алайын сениң жаныңды,
Ишейин суўдай қаныңды,
Қудапараз сен едиң,
Ким айтар екен ийманыңды:
Анда Қоблан сөйледи:
—Атаңа нәлет, қул, — деди,-
Ладан болсаң сен, — деди, —
Қас батырдың белгиси,
Келгенниң жолын сораса,
Гезек пенен алысар,
Күши жетсе, өлтирер,
Мийнет болса, көндирер,
Сендей мәртке миясар,
Келгенде таяқ урмақлық,
От басында отырып,
Урысқан ол қатынның,
Иси емес пе, геллеғар,
Ердиң исин қыл, — деди, —
Ладан болдың, сен, — деди,
Ат үстинен келеди,
Мынаў турған Көбикли,
Атадан жалғыз Қобланға,
Бүркиттей пәнже салады,
Қоблан алды жағадан,
Дәўлер тутты жағадан,
Азыўдың аўыр шәҳәринде,
Есабы жоқ көп қалмақ,
Тамашаға қарады.
Алысады ортада,
Еки бирдей сол палўан.
Ыңыранып гүрес салады,
Көбикли менен мәрт Қоблан,
Текедейин тирести,
Айғырдайын шайнасты,
Қораз киби жулысты,
Қошқар киби дүгисти,
Тынбай еки палўанлар,
Бир ярым күн алысты,
Мурады ҳасыл болмады,
Қалмақ ҳайран қалыпты.
Алла деген сестине,
Келген екен Көбикли,
Қобланлының қасына,
Ҳайран қалды қалмақлар.
Еки мәрттиң исине.
Еки бирдей қаназат,
Шыдамады, дедилер,
Көбикли менен мәрт Қоблан,
Еки дәўдиң күшинен,
Дизеден қумға киреди.
Аттан жерге түседи,
Қоблан алып жағадан,
Дәўлер алып жағадан,
Анда турып Көбикли,
Ыңыранып жанбас урады,
Қозғалмайды Қобланлы.
Қоблан жанбас салады,
Түрли ҳәмел қылмақлық,
Бурынғы бир жол болып,
Палўанлардан қалады,
Жығыса алмай турады,
Еки ярым күн болғанда,
Дәўдиң қолы қызықты,
Қызықса иси бузықты,
Нар буўрадай ыңыранып,
Жарылған муздай гүңиренип
Мойнынан ашырым алады.
Сырттан жанбас урады,
Қара талдай қайысып,
Бақайы ҳәм майысып,
Басы жерге тийгенде,
Жығылар жерин гөзледи,
Зордан өзин алады.
Атадан жалғыз Қобланды,
Баспалатып барады,
Жуп жағадан алады,
Иштен шалмақ болады,
Қара талдай қайысып,
Бақайы да майысып,
Басы жерге тийгенде,
Зордан өзин алады.
Атадан жалғыз баланы,
Баспалатып барады,
Белинен тарақ алғанда,
Дәўлер зорлық қылғанда,
Атадан жалғыз мәрт Қоблан,
Кәмбил пир деп жылады,
Бабам Қызыр Ильяс деп
Бала турды шырылдап,
Селлер болды көз жасы
Қабыл екен тобасы,
Ҳәзир болып келипти
Қызыр Ильяс бабасы.
—Тарыға көрме Султан, деп, —
Жалғыз балам Қоблан, деп, —
—Келдиң бе жаным пирим,- деп,
Сонда Қоблан жылады,
Атаңа нәлет мына дәў,
Келген пирди көреди.
Пирге қарап сөйледи!
— Бир гүл едим, ашылмадым дағы сол,
Мөҳминлерге шубҳа дейди дурыс жол,
Себеп неге мусылманға бурасаң,
Пирлер болсаң, еккимизге бирдей бол.
Кимселердиң шөлде болар паяны,
Дәрўиш болған бәне билмес дуньяны,
Себеп недур мусылманға бурасаң,
Ийман алып бермес сизге мусылман.
Қурықтан жиңишке далдай мойныма,
Ким шыдайды мендей дәўдиң ойнына,
Себеп недур мусылманға бурасаң,
Алалық әйлеме залым дийўана.
Алалық әйлесең залым дийўана,
Сендей пирдиң сәллең түсер мойныңа.
Алыстан көринген таўдың пәси емес,
Адам қарап қылған мәрттиң иси емес,
Пирлер болсаң еккимизге теңдей бол,
Ара турмақ сендей пирдиң иси емес,
Қызыр Ильяс бабасы,
Көзинен ғайып болады,
Екеўине тең турады.
Шәҳимардан бабасы,
Мөҳминликке бурады,
Еккиси шар болады,
Шәҳимардан бабасы,
Гүркиреген дәўлердиң,
Ол үстине салады.
Қолына қанжар алдырмай, -
Ҳақ деп қанжар урдырмай,
Астында жатқан Көбикли,
Атадан жалғыз Қобланның,
Белинен тарақ алады.
Аш буўрадай ыңыранып,
Дәўлер қыса қалады,
Дәўдиң қысқан билеги,
Искенжедей болады,
Баўыры оттай күйеди,
Ал мурнынан қызыл қан,
Қара жерге сийеди,
Әнардың ғана суўындай,
Қара тастың үстине,
Шырпылдап барып тийеди,
Мәрттиң минген торы аты,
Кәпир дәўдиң ала аты,
Соның менен торыша ат,
Шайнасып олар турады,
Дослығын ҳайўан биледи,
Дәўдиң минген ала атын
Шайнаўы менен өлтирди,
Жан-жағына қарады,
Көре алмады Қобланды,
-Айрылдым ба Қобланнан!—
Деп жаныўар жылады.
Ортаға өзин урады,
Көзлер таслап қарады,
Ақша жүзи албырап.
Тулымшағы салбырап,
Дәў қолында көринди,
Қоблан атлы жалғыздың,
Еки көзи жаўдырап,
Ҳаслы ҳайўан демесең,
Қасына келди зар әйлеп,
Ағасын жети айланды,
Ҳаўаға қарап еснеди,
Гүлдир гүлдир киснеди,
Оған қалмақ түспейди,
Жаздырыў ушын Қобланды,
Дым билмеген қалмақтың,
Он бармағын жаныўар,
Ғашыр-ғашыр тислейди.
Тасқа тийген темирдей,
Азыўы қайта береди.
Атаңа нәлет Көбикли,
Атадан жалғыз Қобланды,
Қатты қыса береди.
Қорасанның күши бар,
Ол полаттың ушы бар,
Жаздырғайман Қобланды,
Қос сәдделеп жаныўар,
Төбесине тебеди.
Тасқа тийген темирдей,
Дойнағы қайта береди,
Дин билмеген кәпир дәў,
Атадан жалғыз Қобланды,
Қатты қыса береди.
Жаздырмасын биледи,
Ағасын жети айланып,
Сизлер өлсең, биз ырза,
Бизлер өлсек, сен ырза,
Ырза болың, Қоблан, деп,
Қолтығына бас қойып,
Оқыранып бозлады.
Буннан кейин Қоблан тақаты болмай, торы аттың жылап жатқанына бир сөз айтты:
—Дәўдиң дәсти болды мениң паяным,
Қурбанлық әйлейин бир шийрин жаным,
Не себептен оқыранып сөйлейсең,
Тилиң болса, сөйлесеңе ҳайўаным.
Бузылмағай мениң енди муратым,
Душпаннан қайтпаған күшли ғайратым,
Не себептен оқыранып сөйлейсең,
Тилиң болса, сөйлесеңе торы атым.
Ат шомылған бул майданда қия тер,
Дәртим болды сенде жылап бес бетер,
Тилиң болса, сөйлей бергил жаныўар,
Я жабырайыл сол ҳайўанға зибан бер.
Ат салмаған бәлент таўдың гүли жоқ,
Ҳайўан аттың бул басында қайғы көп,
Жылай берди оқыранып торыша ат,
Жаныўардың сөйлерине тили жоқ.
Саўаш күни бедеў жалын тарады,
Ҳаслы ҳайўан не бир күнге жарады,
Қырқ жигиттен бир көмекши бар ма деп,
Жан-жағына нәзер таслап қарады.
Қалмақ шыққан ақ жасылдан туў алып,
Қалмақлардың үлкен туўы қозғалып,
Қырқ жигит майданға қашып жөнепти,
Төрти бир жерден, беси бир жерден ат салып.
Аға дерге жалғыз қостар жоғынан,
Жатыр Қоблан дәў қолында таўланып.
Көмекши жоғын ат билди,
Дәўлер ушын жаратқан,
Булыңғырдың таўыны,
Үммет ушын жаратқан,
Сейдимханның улы еди.
Қобланның қайын ағасы,
Қуртқаның жалғыз ағасы,
Батыр туўған Қараман.
Қарамандай арыслан,
Бүйерден оның шәҳәри,
Бир ярым айлық жол еди,
Үш күн жолға мәскан әйлеп,
Кетпеге қылды ықтыхат,
Қуртқа баққан торыша ат.
Буннан кейин, Қоблан қараса, аттың кетейин деп турғанын көрип, қырқ жигитлерге бир жуўап айтты:
— Мөҳминмен, алладан әйледим үмит.
Бендем дегей халық әйлеген қүдирет,
Қостарсыз жалғызбан, айтар арзым бар,
Арзымды есит жан жолдасым қырқ жигит,
Ол« мениң үстимде еди айбатым,
Излеп келер жоқты улым, зүриятым,
Саған айтар нәсийҳатым қырқ жигит,
Жибермегил, услаң ҳайўан торы атым.
Айралықтың жәбири жаман өтпесин,
Биздей болып ҳеш ким мийнет шекпесин,
Жибермең, услаңлар ҳайўан төресин,
Ҳайўан жылап ели-халыққа кетпесин.
Сақалы буўрыл болғанда,
Үни тарғыл болғанда,
Атам еди Қыдырбай,
Басына қайғы салмасын,
Енем еди Бозкемпир,
Ол да ўайран болмасын.
Қарындасым Қансулыў,
Баўрына отлар салмасын,
Алған ярым Қуртқа жан,
Жүзине жара салмасын,
Қара шашын жаймасын.
Душпаным көрсин, қуўансын,
Достым көрсин, жыласын,
Өлгенимди халық билсин,
Тилегиң болсын қырқ жигит,
Бөктергиге байлаңлар,
Ақ гиреўке саўытым
Ер басына бәнт қылың,
Испихан семсер қылышым,
Хош тыңлаңлар жигитлер,
Тыңламады қырқ жигит,
Бермеди саўал бир жигит,
Қырқ жигиттен мәрт Қоблан,
Қайран жоғын биледи.
Ағасын ҳаққа тапсырып,
Өз қуйрығын өзине,
Қамшы қылып торыша ат,
Кийиктей мойнын бурады,
Жанына қысым қылады.
Қараманның халқына,
Сәҳәр ўақта жөнеди,
Қанатқа пәрман қылады,
Гәҳи таўда, гә шөлде,
Торы ат ойнап барады,
Үште мезгил жүреди,
Жете алмай барады,
Жай тасындай жайнады,
Суўлығын ғарш-ғарш шайнады
Ақ кийик пенен шабысып,
Сондай жәбир қылады.
Беште мезгил толғанда,
Уллы таўға минеди,
Нәзер көзин салады,
Шапқан бедеў сүринген,
Үш жүз орда жигитлер,
Енди қатар тигилген,
Беррегиректе қос орда,
Бузылыңқы сол орда,
Байдақланып көринген,
Ҳайўан қыял ойлады,
Караўсыннан қайғым көп,
Қайғылы басым нетейин,
Кимниң үйи болса да,
Бир майдан тоқтап иркилип,
Демимимди алып кетейин,
Қарамандай арысланның,
Жолын сорап өтейин.
Шаўып барды жәниўар,
Ақ орданың алдында,
Барып ол тоқтап турады,
Босағаға бас қойып,
Оқыранып жылады.
Бул орда Қараман арысланның ордасы еди. Қараман арыслан песин оқып отыр еди.
Гүңиренген ҳаўазды еситип, майданға жуўырып шықты. Торы атты көрди. Аяғы жерге мүнасип емес екен деп астына бир өре текеймет таслады. Терт аяғын көкке доландырып ат жатты.
Нешше саат арадан өтти. Қәддине келип, Қараманның аяғына бас урып, «ағам дәў қолында қалды» деп, оқыранып, жылай береди. Ҳайўанның зибанына ким түсинсин, Қараманның шийрин жанына от түсти, Қарамандай арысланның еки жананы бар еди.
Оны шақырып алады:
— Ҳаў жанана жанана,
Қарамандай арысланның,
Қурыды ҳалы-дәрманы,
Бул кеткеннен кет,—деди.
Жолды мәскан ет,—деди,—
Қыдырды жети көрген,
Тоқсан жасына келген,
Билсе билер хан енем,
Көклен кемпир жан енем,
Хан енеме бар,—деди,—
Көклен кемпир анамды,
Жананлар, алып кел,—деди.
Ол ўақыттың келинлери атасын баба дер еди, енесин мама дер еди. Кемпирдиң жатқан үйине барып, алтын есигин түрип, гүмистен босағасына тоғыз мәртебе бас ийип, сәлем берип, кейин басып, әдеп-икрам менен турды.
Төрде жатқан анасы, Көклен кемпир мамасы, келинлерин көрип бир сөз айтты:
—Мәдетти бергейлер халық еткен аллам,
Сенлер келип қурылғанды зимистан,
Себил қалған босағамды басыпсаң,
Не арзың бар, хызметиң не, келин жан?
Шашың таллап он төртиңде өрилер,
Самарқанда бар, алыс жерден көринер,
Себил қалған босағамды басыпсаң,
Не арзың бар, хызметиң не, келинлер?
Шөлди мәкан қылып және жүргенлер,
Сөзди айтар анығынан билгенлер,
Себил қалған босағамды басыпсаң,
Не арзың бар, хызметиң не келин жан?
Оннан кейин кемпирге келини бир жуўап айтты:
—Талан болған бул дүньямда дүнья-мал,
Сергиздан етпегей бизлерди жаббар,
Мендей келин айтатуғын арзы бар,
Гүналарым кешире гөр, мама жан.
Беккем болғай енди салған қаламыз,
Қарап болмағайлар бизиң панамыз,
Қулағың сал, тыңла айтқан сөзимди,
Гүналарым кешире гөр, мама жан.
Сизлерге әйлеймен келип ықтыҳат,
Жалғызыңа бергей сизиң күш-қуўат,
Келмейик деп әйлеп едик бир қыял,
Перзентиңе бозлап келди бир торы ат.
Келген аттың тобығының меңи бар,
Келмейик деп әйлеп едик бир қыял,
Танымайды келген атты Қараман,
Адам сүтин емген мәгер жаныўар.
Келип соны көрсин, деди, жиберди,
Сизди ана келсин, деди, жиберди.
Анда кемпир не деди:
— Көре алмайман бәлент таўдың төбесин,
Мамаңның кетирди ақылы-есин,
Абырай барда бар кете бер, келинлер,
Бағып едим қайсы байдың бийесин.
Анда келини сөйледи:
— Шашың таллап он төртиңнен өрмесең,
Қуллық еттик енди ана сөйлесең,
Танымаймыз келген атт, мама жан,
Келген атты өзин барып көрмесең,
Ендигисин ана өзиң билесең.
Анда кемпир сөйледи:
— Айралықтың жәбири жаман өтти ме,
Ғаррылығың жоқ мийнетке шатты ма,
Танымайын келген атты келинлер,
Үш перзентим, шыққыр көзиң шықты ма?
Ашылмайын таза гүлиң солмасын,
Ҳәр демиңди ҳақтың өзи оңласын,
Танымайын келген атты келинлер,
Келген ол ат Қуртқам аты болмасын.
Ҳәм ҳайўаны, ҳәм зүрияты болмасын.
Үш жыл болды келинлер,
Қоблан атқа мингели,
Бир жарым жыл болыпты,
Нардай күшке толғалы,
Жалғыз балам жас жетпеген жас еди,
Жас та болса аз ғана елге бас еди,
Жас күнинде Азыўлыға буйырды,
Сорлы балам Ақшахан менен қас еди.
Бир ярым ай толыпты,
Азыўлыға келгели,
Жигирма күн болыпты,
Душпанға саўда салғалы,
Жети күнлер болыпты,
Бир бәлеге дуўшар болғалы,
Үш күн тамам болыпты,
Мәрт Қобланның өлгени,
Бир ярым күн болыпты,
Мамаңның усы көргени.
Өлген болса Қобланның,
Алсын дейди сүйегин,
Тири болса ерлерге,
Берсин дейди көмегин,
Қуртқа баққан торы аты,
Ҳәм ағамды, ҳәм дайым,
Аяғайдағы қудайым,
Көмекши тилеп келипти,
Белимде мәдет қалмады,
Диземде қуўат қалмады,
Сол ислерди көргели,
Ҳаў келинлер, келинлер,
Зәўре аңлы келинлер,
Мамаңның жаны қурбанлық,
Қолтықлап сүйеп жүриңлер.
Келинлер маманы қолтықлап көтерип, Қараман отырған боз ордаға апарды. Торыша ат қыял етти. Қараманды таслап, Қөклен кемпир мамасының дизесине басын қойды. «Ағам дәўде қалды», деп оқыранып жылай берди.
Кемпир қыял етти, төримнен гөрим жуўық болып отырғанда, гәпим жалған болмасын деп, аттың саўрысына урды, ырғып жайынан турды. Мойнындағы тумарды жулып алды. Хатын оқып қараса, онда қыпшақтың заты бар, Қоблан менен ол Қуртқаның аты бар, кемпирден кетип ықтыяр, Қараманға қарап айтқаны:
— Мен жылайман өз ҳалыма зар-зар,
Жалғызыма мәдет бергей бириўбар,
Мендей кәбаң бас панаңнан айлансын,
Абырай барда атлан тезирек, Қараман.
Минген бедеў дағыстанда желипти,
Жанған шамың самал үрип сөнипти,
Абырай барда тезирек атлан Қараман,
Иниң Қоблан Азыўлыға барыпты.
Көбиклидей дәўлерден,
Барғаннан соң өлипти,
Я болмаса, шырағым,
Дәўден қысыўмет көрипти,
Өлген болса Қобланның,
Алсын дәўден сүйегин,
Тири болса ерлерге,
Берсин дейди көмегин.
Қуртқаның баққан торы аты,
Ҳәм ағамды, ҳәм дайым,
Аяғайдағы қудайым,
Көмекши тилеп келипти.
Абырай барда жалғызым,
Атланың деп еңирепти.
Қараман сонда сөйлейди:
— Өмирим өтти бул дүньяда бийәрман,
Мәдетти берген деп жаратқан суҳбан,
Өлгенде де мен Қобланға бармайман,
Қоблан қурысын, айта көрме, ене жан.
Аспаннан танабы, жерден тиреўи,
Өлгенде ким болар елден сораўы,
Өлгенде де мен Қобланға бармайман,
Саўаш күни бедеў жалын таратпай,
Достыңды күлдирип, душпан жылатпай.
Бизлер кеттик Булынғырдың таўына,
Алып кеткен қаналасым Қуртқаны,
Биз келгенше қырқ күнлерге қаратпай.
Онда кемпир сөйледи:
— Күйеў боп келген бул елге,
Қәдесин берди жеңгеңе,
Сизлер балам болғанда,
Жан ишинде шийриним,
Жанымды алған рәўшаным,
Перзентим сеннен кембеди,
Ол келгени, шырағым,
Мәрт келгени емес пе,
Атлан, қәне, бул жерден,
Жүўермек!—деп еңиреди,—
Атланбасаң, қарағым,
Разы емеспен, шырағым,
Бул қылған сениң исине,
Тоғыз айда, тоғыз күн,
Ол көтерген күшиме.
Музлы бесик таянып,
Сәҳәр турып оянып,
Әллиўлеген сесиме,
Сестим түўе, шырағым,
Разы емеспен Қараман,
Қызыл қаннан айырып,
Сизге берген сүтиме,
Бир қуданың алдында,
Даўагериң боларман.
Ол сөз айтылып болғаннан кейин Қараман айтты «Қобланға бармас едим, сүтиңди айттың, шарам жоқ. Ана, пәтияңды бер!» —деди. Анасы пәтиясын берди. Қараман арысланның Булыт ат, Сағым ат деген еки аты, болатуғын еди. Екеўи ҳәм тулпар еди. Қанатлы қустан қалмайтуғын еди. Булыт атын минип, Сағым атын жетекке алды.
Көзгенеңнен торы аттың,
Ерге басын қаңтарып,
Ат басшы қып жиберди,
Көзгенеңнен торыша ат,
Көклен кемпир мамасын,
Айланып бираз ўақ турады.
Көклен кемпир торы атқа мынаны айтты:
— Шап, торы ат, қызыл гүлдей жайнағыл,
Тас қағып сөгилмей бедеў дойнағың,
Жалғызды хызметкер еттим өзиңе,
Бар, кете бер, ақылыңнан, шырағым.
Сизлер келип бизге болды зимистан,
Ҳәмде жылап келдиң бизге алыстан,
Жалғызды хызметкер еттим кейниңе.
Өлсем ырза болсын жалғыз Қуртқа жан.
Лалы маржан бул майданда сәдепти,
Жалғызыма берсин алла мәдетти,
Көп жыласам ат жолына кес болар,
Бар, кете бер, саған бердим жуўапты.
Мамадан жуўап алады,
Торы ат басшы болады,
Қараман ерип кейнине,
Атлар ойнап барады.
Еки мезгил толғанда,
Адасып султан кетер деп,
Қарамандай султанның,
Алдын тосып турады.
Жеткермейди Булыт атқа,
Мәрттиң минген торы аты,
Таў үстинен жүреди,
Отлайды екен торыша ат,
Таўға шыққан селеўди.
Гәҳи ушып, гәҳи қонады,
Ҳайўан қыял қылады,
Ағам барар кейнимнен,
Барып хабар алайын,
Қобланның қалған жеринен,
Биз барғанша Қобланды,
Саламат қылғай қудайым.
Қарамандай султаннан,
Алып тулпар жуўапты,
Қараманға қарамай,
Торы ат және жол тартты.
Әкем деди жылады,
Азыўдың аўыр шәҳәрине,
Атлар жақын барады.
Бул қалаға келеди,
Көзлер таслап қарады,
Мәрт Қобланды көреди,
Тирилигин биледи,
Тирилигин көрген соң,
Оқыранып турады.
Бул ат келгеннен кейин, Қоблан қараса, торы атты көрди. Бир шәҳәрге барып келгенлигин билип «Қараманның дийдарын көрсетпей, жанымды алғай, жаббар» деп, бул сөзди айтып жылай берди.
Қараманның Булыт аты, Сағым аты қалаға жақын келди. Бир майданнан Қобланның тәрепине оң келип турды.
Қобланды көрди. «Дуўры барсам, қолымды салсам, сәлемимди берсем, мениң сәлемимди алмаса, уллы деп, сәлем бермесе, өлимнен жаман дәрт болар. Батырға марапат, сыпайыға сиясат, алымға ишарат, әўел ҳармасын айтып, саўға тилеп көрейин» деп, Қобланға қарап бир сөз айтты:
— Астымда ойнар әлўаным,
Яр болғай Шәҳимарданым,
Көбикли дәўди жығыпсаң,
Ҳарма ҳарма, Қобланым.
Дәўлерди жыққан палўаным,
Басымда қайғы-қүдиретим,
Берген истанат қүдиретим,
Душпанға зорлық қылыпсаң,
Ҳәм инимсең, ҳәм перзентим,
Перзентим, ҳарма-ҳарма.
Бедеў минди уллы таўға,
Шүкир еттим геллең барға,
Душпанға зорлық қылыпсаң,
Қоблан жан, саўға-саўға.
Мәрт Қоблан онда сөйледи:
— Ҳақ жаратқандур илайым,
Ашпады алла талайым,
Қараман атлы султанға,
Көрсетпей алғай жанымды,
Халық әйлеген қудайым
Ҳақ алдына бүйерден,
Қурады екен таразы,
Қараманның дийдарын,
Көрсетпей алса жанымды,
Бендеси оған разы.
Бир әрманым дүньяда,
Азыўлыны алмадым,
Көбикли атлы дәўлерди,
Қурбанлық қылып шалмадым.
Алдым толы мал менен,
Кейним толы шаң менен,
Самарқанд атлы халқыма,
Салтанат пенен бармадым.
Сексен бир орда қурдырып,
Сексен бир жай салдырып,
Узақтағы ноғайды,
Қатағанның елинен,
Қарамандай арысланды,
Ат жиберип алдырып,
Алдында келген-ғаррыға,
Арысы бар алтыннан,
Дегершиги гүмистен,
Түңликли арба миндирип,
Кейнинде келген қосшаққа,
Астына бедеў миндирип,
Үстине қамқа кийдирип,
Той-тамаша бердирип,
Көрермен деп жүр едим,
Шерменде болған басыма,
Өликке кимлер келтирди,
Душпанлығын ат билдирди.
Қараман сонда сөйледи:
— Бизлер жылаймыз интизар
Қуртқадайын муң нашар,
Басыңнан болсын садаға,
Сенлер киби жалғыз ер,
Сексен жыллар өтсе де,
Аннан соң келмес дүньяға,
Әўел алла ҳақы ушын,
Кештим сениң гүнайың,
Расулиниң ҳақы ушын,
Кештим сениң гүнайың,
Қөклен кемпир енеңниң,
Тоғыз айлық тоғыз күн,
Ол көтерген күши ушын,
Кештим сениң гүнайын.
Ене жан десе оянған,
Әллелеген сести ушын,
Кештим сениң гүнайың.
Аялы жолда талпынып,
Ақ төсинен жай берген,
Қызыл қаннан айырып,
Бизге берген сүти ушын,
Кештим сениң гүнайың.
Бедеў минди уллы таўға,
Ким баслап келди бул жолға,
Ағаңыз келди Қараман,
Дәўдиң ҳийлесин билмеген,
Қобланым, саўға-саўға,
Султаным саўға-саўға.
Алдымда жүрсең айбатым,
Кейнимде жүрсең ғайратым.
Ҳәм инимсең ҳәм зүриятым,
Қобланым, саўға-саўға,
Мәрт саўғаны тиледи.
— Ала ғой, аға, саўға,—деп,
Қоблан батыр береди.
Аттан жерге түседи.
Полаттан еди билеги,
Бул дүньяға келгенде,
Гүрес еди тилеги,
Алшаңлайды нар киби,
Ортаға өзин урады,
Жәмленип турған көп ләшкер,
Қақ айырылып қалады,
Ортаға палўан киреди.
Алшаңлайды нар киби,
Намыс деген көп жаман,
Қақ айырып жол салып,
Қобланды бәнтте көрген соң,
Ети қызып батырдың,
Дәўге барды жақынлап,
Атадан жалғыз Қараман,
Қысып атқан бармағын,
Жаздырып дәўдиң жиберди,
Айырып алды Қобланды,
Жарадар болған султанды,
Үстинде жатқан Қөбикли,
Аўдарылып қарады.
Қараманды көреди,
Тикке жайдан турады.
Қақыр-қақыр күледи.
Күле турып бәтшағар,
Қараманға сөйледи:
— Аманбысаң, арыслан,
Жерик асым Қараман,
Гөҳиқапты бүлдирген,
Жан ағамды өлтирген,
Жетмиш қала бәнт қылған,
Қараман арыслан сенбедиң?
Жете алмай жүрген мен едим,
Әжел айдап келдиң бе?
Мийнет айдап келдиң бе?
Саў-саламат бармедиң.
Жерик асым Қараман?
Ал Қараман сөйледи :
— Атаңа нәлет, сен,—деди,—
Сен қуданы бил,—деди,—
Бул дүньяға келгели,
Тилегим мениң дәў еди:
Дәў саллағы мен, деди,—
Нешшелерин жылатқан,
Байтеректей қулатқан,
Қараман султан мен,—деди.
Таныдың ба, сен, — деди
Бул гәплерди еситип,
Бир-бирине жуўырып,
Жуп жағадан алады,
Дәўлер алды жағадан,
Қоблан алды аяқтан,
Ыңыранып гүрес салыпты,
Еки бирдей ол палўан.
Қараман сонда сөйледи,
Қобланға қарап не деди:
— Ҳәй, оңбаған Қобланлы,
Мен айтайын наслыңды,
Сизлер тыңла ҳаслыңды.
Арғы атаңыз тоқлы еди,
Аржағың нәрсе жоқ,—деди,
Атаң беклик көрмеген,
Енең бийлик сүрмеген,
Жети атадан бермаған,
Бендеге нан бермеген.
Туў түбинде жүрмеген,
Жаўды жаўлап көрмеген,
Жаў ҳийлесин билмеген,
Бендеге инам бермеген.
Хан да сөзди айтар ма,
Ҳаслың болса, буны бил,
Хан айтқаннан қайтар ма,
Аш бөриниң баласы,
Таслап кеткен өлимтиктиң,
Дойнағынан тутар ма,
Бермесең, өзиң ал,—деди,—
Берсең, кейин тур,—деди,—
Гәҳи дәўдиң айбаты,
Гәҳи мениң қуўатымнан,
Сен бий әжел өлерсең,
Қоблан жан, кейин бар,—деди,
Анда Қоблан сөйледи:
— Қәтеге кетсек, биз қайттық,
Тақсыр аға, тәўбе еттик.
Жаздырды дейди қолыны,
Көриң мәрттиң зорыны,
Анда турып Көбикли,
Ыңыранып жанбас урады,
Қозғалмайды Қараман,
Қараман жанбас урады,
Қозғалмайды Көбикли,
Бир күн гүрес салады,
Мурады ҳасыл болмады,
Еки айырылып қонады,
Ертеңине таң атты,
Әйне сәске ўақыты,
Гүреске мейил болады.
Қараман қыял ойлады,
Мәрттиң кеўли қызықты,
Бизден бурын өткенлер,
Қарсы келген душпанға,
Аянбай ғайрат еткенлер,
Зал әўлады Рустем Дастан,
Мәдетти бергей деп Султан,
Пиримиз Шәҳимардан,—деп,
Тарақ алды белинен.
От шығады тәнинен,
Зор қылып мәртлер көтерди,
Дәўдиң турған жеринен,
Бир мәртебе зор қылып,
Дизесине миндирип,
Тағы да мәрт зор қылып,
Белбеўликке миндирип,
Қол ушына көтерип,
Жаның болсын қудаға,
Келместей болсын дүнья,—деп,
Зыңғытып дәўди жиберди,
Адам улы көре алмас,
Көзиң жетпес ҳаўаға,
Көбикли сонда жылады,
Түбин кескен мүнардай,
Шүй төбеден қулады.
Шақырып алды Қобланды,
Жарадар болған султанды,
— Дәў геллеси мында,—деп,
Көрсетеди балаға,
Ҳәмме жери көк темир,
Атқан мылтық өтпейди,
Шапса, қылыш кеспейди,
Шанышса, найза өтпейди,
Шүй төбеге салады.
— Дәў ҳийлеси мында,—деп,
Жаўырында меңи бар,—деп,
Кесе аўызындай кекили,
Меңге қанжар урады.
Қарамандай батырың,
Көбикли атлы дәўлерди,
Қарқыратып шалады,
Қараман өтин алады,
Қолын салып өтлерге,
Жарадар болған Қобланның,
Жарасына жағады,
Жети күн, жети саатта,
Жара тәўир болады.
— Бағындық енди сизге,—деп,
Азыўлының елиниң,
Жарпынан көби келеди,
Астыртын хабар береди,
Көбикли патша өлген соң,
Қалаға тәжжал келген соң,
Өз бийлигин өзине,
Қараман патша берген соң,
Аламан-аламан боп олар.
Қол көтерип турады,
Ал Қараман сөйледи:
— Бүркиттиң ойыны менде бар,
Шердиң ойыны менде бар,
Тамашамды көр,—деди.
Қараман минди Булыт атқа,
Қоблан минди торы атқа.
Көбиклидей хан өлди,
Қалаға қанлар қуйылды,
Қырқ жигити Қобланның,
Бәри бирдей жыйылды,
Арқа бетки дәрўаза,
Патша турған Ерек қалаға,
Ат қойыпты бәршеси,
Дәрўазаға келеди,
Дәўлети тайған қалмақлар,
Алалық болып өзлери,
Әламан деп барлығы,
Қол көтерип турады.
Ат шаптырды далаға,
Жар урдырды қалаға,
Дәўир—кимниң дәўири,
Батыр Қоблан дәўири,
Пайтах — кимниң пайтағы,
Батыр Қоблан пайтағы.
Ерлер—кимниң ери еди,
Ер Қобланның ери еди,
Жар қышқыртып жиберди.
Буннан кейин Қоблан ақ шатыр қурып, Қараман көк шатыр қурып, сол шәҳәрде жатты.
Баяғы қырқ жигитлери Қараманның босағасына бас қойып, шатырын айланып жатпақ пенен болды. Қоблан бәнтте турған ўақытта кими көлде, кими шөлде қашып жүретуғын еди. Қараман батыр келген соң, Көбикли дәўди алған соң қырқ жигиттиң қосылмағына себеп сол болып еди.
Қараман арыслан қырқ жигитти кейнине ертип, Қобланның алдына барып мынаны айтады:
— Душпан болып халыққа тийген зыяның,
Ол дүньяда артық болды ийманың,
Қырқ жигит кейнимде, бизлер алдында,
Жол болсын сорағыл келди мийманың.
Торы ат барды ғам-гүн болып елиме,
Амуўды, герданды алып қолыма,
Хызметкер ағаңман, айтар арзым сол,
Гүнакарың ертип келдим соңыма.
Жаныңыз саў болса, дәўран сүрерсең,
Ҳәр түрли ислерди өзиң билесең,
Қырқ жигитти ертип келдим изиме,
Гүнакардың гүнайыны бересең.
Сонда Қоблан сөйледи:
— Сизлер келип еттиң кеўил хошымды,
Ағыздың нешше күн көзден жасымды,
Дәркар емес олар киби қырқ жигит,
Тилесең, берермен, аға, басымды.
Сенлер келип сапарымды оңладың,
Қызыл гүлим запырандай солмады,
Дәркар емес ондай бизге қырқ жигит,
Қостарым торы аттай қырқы болмады.
Мәлел келер кеўлиңе,
Сорап едим бермес, деп,
Атқа тақтым тумарым,
Тарқады мениң қумарым,
Ертип келдиң кейниңе,
Мен нетейин жыламай,
Қырқ жигитим жыйылып,
Жалғыз аттай болмадың.
Қостарым болған торы атты,
Алла берди муратты,
Көрген ўақта Қараман,
Сорап едиң бизлерден,
Бердим сизге саўғатты.
Буннан кейин қырқ жигиттиң гүнасын өтип, Қобланнан рухсат алып Булыт атына минип, Қараман елине қайтты.
Ҳәмирине көндирип, халыққа пәрман берип, Қөбикли патшаға дос болғанларды өлтирип, тирилей жерге көмдирип, ишинен усы журтқа биреўин аға қылып, Қоблан да өз журтына қарап: алды толы мал менен, кейни толы шаң менен, улларын бенде қылып, қызларын олжа қылып қайтты.
Нешше айлар, нешше күнлер жол жүрип, теңиздиң айланып өтетуғын жолынан өтип, Қуланның қызыл қазығы деген жерге келеди, «ат ҳарығанлығын шығарсын, ерлер демин алсын, жаўдан жары бойы шығып қутылдық» деп, сол жерде мәсқан қылды.
Ендиги сөзди Қобланның елинен еситиңлер. «Әзелги душпан ел болмас, етек кесип, жең болмас» деген, өзи шаўып алайын десе, Қобланнан қорқып, Шақанның улы Ақшахана үш ай он күнлик жолдағы Қараўсын ханның перзенти Алшағыр деген гәўирге, Қарабий деген кәрўаннан хат жиберип, шақыртып алып, Қоблан келместей жайларға бәнт болды, деп хабар салды.
Алшағыр ләшкерлерин жыйнап, үш мың қол менен келип, еки-екиден, үш-уштен бөлинип, бийғам отырған елдиң үстине жаў болып тийди, улларын бенде қылып, қызларын олжа қылып, алып кетти.
Қоблан жатқан жерлерде сәҳәр ўақтында түс көрди. Түсинде әжайып ис көрди. Ҳәр кимниң дәўлети таяр ўақтында түс көрмеклик бурынғыдан қалып еди. Жаман түс көрсең, түсиңди досыңа жорыт, душпанға түс жорытпа, дейтуғын еди. Қобланның қырқ жигитиниң Дағдар хожа деген, Шамай кәл дегени бар еди. Буларға Қоблан айтты.—Мен бир жаман түс көрдим, сизлер жорый аларсыз ба?—деди.—Әжеп болар,—деп, Дуғдар түсин жорымақ пенен болды. Қоблан тусин айтты:
— Есиктиң алды сары дала,
Ели-халқым жыйылды,
Мал ҳасылы сойылды,
Қызыл ала қан болды,
Дара табақ қойылды,
Қуўырдақлар қуўрылды,
Бул не болар, Дуғдар жан?
Жақсы болса халқыма,
Жаманлығы өзиме.
Дуғдар түсин жорыды:
—Түсинде қорыққан қуўанар,
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қобланлы.
Есиктиң алды сары дала,
Ели-халқың жыйылса,
Мал ҳасылы сойылса,
Қуўырдақлар қуўрылып,
Дара табақ қойғанды.
Сизлер елден кеткели,
Жети жыл, жети ай болғанды,
Сағынғанда ата-анаң,
Атаң еди Қыдырбай,
Он бир айлар толғанда,
Ол қурбанлық келгенде,
Басқа емес дәўлетиң,
Мал үлкени түйеди,
Түйени услап алғаны,
Еки жерден шалғаны,
Қанлар ағып турғаны,
Улама менен ғаррыңды,
Елиңнен жыйнап алғанды.
Қуўырдақты қуўырып
Дара табақ қойғанды.
Қуўырдаққа тойған соң,
— Саламат келгей Қоблан,—деп,
Пәтия дуўа қылғанды.
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қобланлы.
Қоблан тағы айтады:
—Есиктиң алды бай шынар,
Бели нағыш түби берк,
Бир шынарым бар еди,
Ол белинен бир сынып,
Жапырақлары төгилип,
Ойран болып көринди,
Ол не болар, Дуғдар жан?
Жорый гөргил түсимди.
Жақсы болса елиме,
Жаман болса жорыйгөр,
Астымда торы атыма.
Дуғдар жуўап береди:
—Бели нағыш, түби берк,
Бай шынарың бар болса,
Қублаға қарап еңкейсе,
Ол белинен бир сынып,
Жапырақлары төгилип,
Ойран болып көринсе,
Сенлер елден кеткенде,
Жети жасар қызлар бар.
Он төртине келгенди.
Он төрт жасар қызларға,
Қуртқадайын жеңгемиз,
Қыз жеңгеси болғанды,
Ол шынардың түбине,
Жыйылып халқың қонғанды,
Ашасына мәрт Қоблан,
Бир ағашын салғанды,
Аткөншөкти қурғанды,
Ушалмаған қызларға,
— Мынаў ушқыр қызлар,—деп,
Қуртқадайын жеңгемиз,
Пәтлер берип турғанды.
Ары барса, тиренип,
Бери келсе, тебиренип,
Қайысқанды көрген соң,
Сындымекен дегенсең,
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қобланлы,
Қоблан даўам етеди?
—Есиктиң алды ақ дәрья,
Жаздың сары күнинде,
Сеңлеп барып муз қатты,
Бул не болар, Дуғдар жан?
Дуғдар жуўап береди:
—Есиктиң алды ақ дәрья,
Сеңлеп барып муз қатты,
Атаң еди Қыдырбай,
Төрт мың тоқсан қойы бар,
Қырқлық қолға алмаға,
Гүзеп жүнин қырқпаға,
Айдап келип шопанлар,
Ол дәрьяға салғанды,
Сол тоғысып турғанда,
Тоғысқанда көрген соң,
Сеңледимекен дегенсең,
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қобланлы,
Қоблан тағы сөйледи:
—Әсеттиң он жетисинде,
Арқадан қар борады,
Диземе қар орнады,
Тартар адам болмады,
Бул не болар, Дуғдар жан?
Жақсылық болса, халқыма,
Жаманлық болса, өзиме..
Дуғдар жуўап береди:
—Әсеттиң он жетисинде,
Арқадан қарлар бораса,
Дизеңе қар орнаса,
Тартар бенде болмаса,
Сизлер елден кеткели,
Жети жыл жети ай болғанды,
Жеңгем иркит жыйғанды,
Жеңгемниң жыйған иркити,
Илиўине барғанды,
Жән-жақтағы қоңсысы,
Жаз жайлаўға қонғанды,
Иркитиниң жайынан,
Көше алмай журтта қалғанды,
Арқадан шамал турғанды,
Жеңгем жыйған иркитин,
Шамал қағып турғанды,
Ақ иркитти көрген соң,
Қар жаўдымекен дегенсең,
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қобланлы.
Қоблан тағы сөйледи:
—Енең еди Бозкемпир,
Нар түйениң қәтеби,
Қәтебине таңылып,
Бенде болып көринди,
Бул не болар,
Дуғдар жан?
Жорый гөр бул түсимди.
Жақсылық болса, елиме,
Жаманлығы өзиме.
Дуғдар жуўап береди:
—Енем еди Бозкемпир,
Бенде болып көринсе,
Сағынғанды сизлерди.
Жети жерде отар бар,
Отар үйге бармаға,
Енең талап қылғанды.
Жел маяны келтирип,
Гебежеге танғанды.
Ишине кемпирди салғанды,
Жығылмасын кемпир, деп,
Сыртынан арқан алғанды.
Гебежеде көрген соң,
Таңыўдамекен дегенсең,
Ели-халқың аманды,
Жылай гөрме, Қобланлы.
Қоблан тағы сөйледи:
—Қарындасым Қансулыў,
Жер астында зарлады,
Жубатар бенде болмады,
Бул не болар, Дуғдар жан?
Дуғдар жуўап береди:
—Тар қурсақта жатысып
Таласып емшек емискен,
Тай қулындай тебискен,
Адасқанда кеңескен,
Тоқалақ мүйиз ақ қозың,
Бағлан қозың Қансулыў,
Жер астында маңыраса,
Аға жан, деп жыласа.
Жубатар бенде болмаса,
Сизлер елден кеткели,
Жети жыл, жети ай болғанды,
Сағынғанда сизлерди,
Ақ ордаға келгенди,
Сәҳәрге дейин отырып,
Ғам-гүнге кеўилин толтырып,
Қызыл жүзин солдырып,
Ол түзликти бастырып,
Ҳәм есикти қаўсырып,
Мақпалдан көрпе жамылып,
Қылдай бели шешилип,
Аға жан, деп аҳ урып,
Сизди айтып жылап турғанды,
Ғәрип кеўли бузылып,
Көзден жасы төгилип,
Қара қыпшақ елатың,
Үлкен үйге баса алмай,
Қоя ғой деп айта алмай,
Ший жағалап жүргенди.
Көрпе астында көрген соң,
Жер астымекен дегенсең,
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қобланлы.
Қоблан тағы сөйледи:
—Алған ярым Қуртқа жан,
Бир кәниз бар кейнинде,
Бир орамал бар ийнинде,
Сары таў деген жерлерде,
Тезек терип сарғайып,
Алғаным деп муңайып,
Бенде болып көринди.
Бул не болар, Дуғдар жан?
Жорыйгөрши түсимди,
Жақсылығын ҳалқыма,
Жаманлығын жорыйгөр,
Қобланның жалғыз басына,
Дуғдар жуўап береди:
—Алған ярың Қуртқа жан,
Бир кәниз болса кейнинде,
Орамал болса ийнинде,
Тезек терип сарғайып,
Алғаным деп муңайып,
Бенде болып көринсе,
Атаң еди Қыдырбай,
Уллы шарўа бай еди,
Жаз жайлаўға қонғанды,
Үш жүз сыйыр туўғанды,
Есикке адам салғанды,
Қуртқадайын ол жеңгем,
Жер ошақты қазғанды,
Той қазанды асқанды,
Саўып алған сүтлерин,
Алып келип қуйғанды,
Қабын алып қолына,
Ол шаңлаққа барғанды,
Қуўраған тезекти алғанды,
Жас тезегин қойғанды,
Сизлер түсип ядына,
Шаңлақта жылап турғанды,
Сүт астына от жағып,
Атаң менен анаңа,
Тынбай хызмет қылғанды,
Ол шаңлақта көрген, соң,
Бендемисең дегенсең,
Ели-халқың аманды,
Жылай берме, Қобланлы.
Қоблан тағы сөйледи:
— Жети ийшаным бар еди,
Кәраматы олардың,
Ҳәр кимлерден ағла еди,
Мойнына буғаў салынып,
Еки қолы байланып,
Аламанға бир қарап,
Қоблан жан деп аҳ урып,
Бул да бенде көринди,
Бул не болар, Дуғдар жан?
Дуғдар жуўап береди:
— Жети ийшаның бар болса,
Кәраматлы сол болса,
Мойнына буғаў салынып,
Еки қолы байланып,
Бенде болып көринсе,
Сизлер елден кеткели,
Сағынғанды сизлерди,
Ол мешитке барғанды,
Жәмәҳатлар жәм болып,
Сары ийшан деген ийшанның,
Алдына имам болғанды.
Намазды оқып болған соң,
Қойнындағы тәсписин,
Ол қолына алғанды,
Тәспи санап турғанды,
Ол тәспини көрген соң,
Байлаўда мысал дегенсең,
Қолындағы тәсписин,
Ол мойнына салғанды,
Буғаўмекен дегенсең,
Жәмәҳатқа бир қарап,
Ҳаққыңа дуўа қылғанды,
Ол мешитте көрген соң,
Жер астыма екен дегенсең,
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қобланлы,
Қоблан тағы сөйледи:
—Қорғанша атлы қаламыз,
Жол-жол болып көринди,
Бул не болар, Дуғдар жан?
Жақсылық болса, халқыма,
Жаманлығы өзиме.
Дуғдар жуўап береди:
—Қорғанша атлы қалаңыз,
Жол-жол болып көринсе,
Сизлер елден кеткенде,
Жети жасар қызлар бар,
Он төртине барғанды,
Он төрт жасар қызларды,
Күйеўине бергенди.
Ул отаўы оң жақта,
Қыз отаўы сол жақта,
Үш жүз үйли елатың,
Тоғыз жүз үйли болғанды,
Сыймаған соң қалаға,
Ортасына жол қойып,
Бөлек қала салғанды,
Бөлингенди көрген соң,
Жаў шаўды ма екен дегенсең,
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қобланлы.
Қоблан және сөйледи:
—Қара қыпшақ елинде,
Не қошшағым бар еди,
Ат алдында айдалып,
Бийгүна қолы байланып,
Айтар сөзин айталмай,
Етер исин ете алмай,
Керилип қамшы тарта алмай,
Бенде болып көринди,
Бул не болар, Дуғдар жан?
Жорый гөр бул түсимди,
Жақсылық болса, халқыма,
Жаманлығын жорый гөр,
Астымда торы атыма.
Дуғдар жуўап береди:
—Қара қыпшақ халқында,
Белбеўинде ақ пышақ,
Атланғанда мыңға шақ,
Не қошшағың бар еди,
Ат алдында айдалып,
Бийгүна қолы байланып,
Бенде болып көринсе,
Қара қыпшақ еллериң,
Ол Самарқанд қалаға,
Базар етип барғанды,
Базарларын базарлап,
Бәҳәр ўақты болғанда,
Қайтыўға талап қылғанды,
Бәҳәрдиң болған ўақтында,
Нағыз көклем шағында,
Жарамай ат қалғанды.
Жарамаған атларын,
Ол жетелеп турғанды,
Ат кейнде болған сон,
Мәрт оңында болған соң,
Айдаўмекен дегенсең,
Жылай гөрме, Қобланлы,
Ели-журтың аманды,
Қоблан тағы сөйледи:
—Үш жүз түйем бар еди,
Жалаңаш жүклер артылып,
Арқасы жара көринди.
Бул не болар, Дуғдар жан?
Дуғдар жуўап береди:
—Үш жүз түйең бар болса,
Жалаңаш жүклер тийелип,
Арқасы жара көринсе,
Сенлер елден кеткенде,
Шығып кеткен кәрўан бар,
Быйыл қайтып келгенди,
Сарайға жүгин түсирип,
Түйени айдап жиберип,
Түйе көгин алғанды,
Жабағы жүни түскенди,
Қылшық жүни қалғанды,
Арқан батқан жерлери,
Ақтан жарғақ болғанды.
Ақ жарғақты көрген, соң,
Жаралымекен дегенсең,
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қобланлы.
Қоблан тағы сөйледи:
— Сансыз аттың үйири,
Есапсыз жылқым бар еди.
Қулыным онда киснейди,
Анасы мунда азнайды,
Қосар бенде болмады,
Бул не болар, Дуғдар жан?
Жорый гөргил түсимди,
Жақсы болса, халқыма,
Жаманлығын жорый гөр,
Қобланның жалғыз басына.
Дуғдар жуўап береди:
—Есапсыз жылқың бар болса,
Сансыз аттың үйири,
Қулының онда киснесе,
Анасы онда азнаса,
Қосар бенде болмаса,
Сизлер елден кеткенде,
Туўып қалған қулын бар,
Жетисине келгенде,
Жети жасар қысыраққа,
Айырып айғыр салғанды.
Қулыны онда бир киснеп,
Және көлдиң баўырында,
Анасы аўнап турғанды,
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қобланлы.
Қоблан тағы сөйледи:
—Алты үй толған өли мал,
Ҳинжи менен гәўҳар бар,
Патшалық хатқа салынды,
Ғәзийнеге кисен урылды,
Бул не болар, Дуғдар жан?
Жорыйгөр бул түсимди,
Жақсы болса, елиме,
Жаман болса, өзиме,
Дуғдар жуўап береди:
—Ҳинжи гәўҳар бар болса,
Патшалық хатқа салынса,
Ғәзийнеге урылса,
Сизлер елден кеткели,
Атаң Қыдырбай ғаррыға,
Ханнан дийўан келгенди,
Патшалық хатқа салғанды,
Қырықтан бирге закатын,
Ол закатлар алғанды,
Ғәзийнеге салғанды,
Ол закатты көрген соң,
Малымды бердимекен дегенсең,
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қобланлы,
Қоблан тағы сөйледи:
—Отыз бирдей ул бала,
Нәрестедей сол бала,
Геўдеси қалған бесикте,
Геллеси жатқан есикте,
Шейит болып көринди,
Бул не болар, Дуғдар жан?
Дуғдар жуўап береди:
—Қырқ шилтер, ғайып еренлер,
Ол түсиңе киргенди,
Шилтерлерди көрген соң,
Балалармекен дегенсең,
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қоблан жан,
Қоблан тағы сөйледи:
Босаға бийик боз орда,
Босағам жатыр бир жерде,
Алтыннан еткен уўығым
Шашылып атыр ҳәр жерде,
Шаңырақ жатыр бир жерде,
Бул не болар, Дуғдар жан?
Дуғдар жуўап береди:
— Босағаң жатса бир жерде,
Уўығың жатса шашылып
Отын болып ҳәр жерде,
«Әзелги душпан ел болмас
Етекти кесип жең болмас»,
Шақан улы Ақшахан,
Озалдан болған ол душпан,
Өзи алайын десе де,
Қәдиги бар, қәўпи зор,
Үш ай он күн жерлерде,
Қараўсын ханның перзенти
Алшағырдай гәўирди.
Хан шақыртып алғанды,
Қорғаншадай қалаға,
Қорғасынды қуйғанды,
Жол-жол қылып алғанды,
Улларың бенде болғанды,
Қызың олжа болғанды,
Алдыңнан шығар елиң жоқ,
Еситип келер кисиң жоқ,
Келдиң бе жалғыз балам, деп
Атаң менен анаң жоқ,
Жайыла шығар малың жоқ,
Топыраққа бир аўнап,
Аўнап жатар балаң жоқ,
Батыр болсаң, қалаң жоқ,
Алшағыр гәўир алыпты.
Буны айтты, деп сарғайма,
Туўры айтты, деп муңайма,
Халқым ойран болды деп,
Мысалыңа қарасам,
Бул түсиңди жорысам,
Атлана гөр, Қобланлы.
Буннан кейин Қоблан қырқ жигитлерине қарап бир сөз айтты:
— Жаўға кеткен балам жылап зар-зар,
Мың бәлеге халқым болған дуўшакер,
Қулағың сал, тыңлай бериң қырқ жигит,
Қостарсызбан айтатуғын арзым бар.
Жаўлар келген мениң қыпшақ елиме,
Ғазларды қондырған айдын көлиме,
Әўел бастан сизге баян әйлейин,
Ат ойнатып бардым Азыўлы шәҳәрине.
Душпанларды өз аўзыма қараттым,
Не биреўди бийгүнадан бозлаттым,
Не гүнасы бар еди Азыўлы елиниң,
Халқын шаўып, улы-қызын жылаттым,
Ат шаптырмай бәлент таўда Лалама,
Алланың ҳүкими еки бола ма,
Душпанларды дағстанда жылаттым
Кесапаты тийди ата-анама.
Ашылмайын таза гүлдей солғанды,
Не адамым бий әжелден өлгенди,
Душпанларды барып бизлер жылаттық,
Кесапаты ел-халқыма болғанды.
Мөҳмин болсаң, яратқан деп раз әйле.
Саўаш болмай бедеў атларға минбе,
Айдаўда кетип тур жетим-жесирлер,
Қырқ жигитлер, өз балаңнан кем көрме,
Қулағың сал қырқ жигитлер сөзиме,
Инанып ердиңлер мениң изиме,
Айдаўда кетип тур не бир ғәриплер,
Әўел қуда, тапсыраман өзиңе.
Рухсат бергил қырқ жигит,
Бул кеткеннен кетейин,
Жолды мәскән етейин,
Бир ярым ай жол жүрип,
Қорғаншаға жетейин,
Жайлаўымнан ел кетсе,
Рас болса көрген түс,
Ел кейнинен қуўарман,
Таба қойсам халқымды,
Алты айға тамам келермен,
Табалмасам халқымды,
Жыл-он еки ай қуўарман.
Алсам, алып келермен,
Алалмастай күн болса,
Қутқараламасам душпаннан,
Разы болың дузыңа,
Әжелим жетип өлермен.
Буннан кейин қырқ жигитинен рухсат алып, Қоблан атты жолға салды.
Нешше майдан жоллардан,
Бир ярым ай жүргенде,
Әйне сәҳәр ўақтында,
Бир жерлерге келгенде,
Жердиң жүзин думан басты,
Мәрттиң көзи қамасты,
Астындағы торы аты,
Шүў десе де жүрмейди,
Тепсинсе де жүрмейди.
—Бул жерлерге келген соң,
Қырқылды ма қанатың,
Жарылдымекен жилигиң,
Деп қолына ер Қоблан,
Қамшысын дәрҳал алады,
Бас-көз демей сабады,
Көзгенеңнен торыша ат,
Аспанға қарап еснеди,
Гүлдир гүлдир киснеди,
Ҳақтан мәдет тиледи,
Оқыранып Қобланға,
Қарап сөйлей береди:
— Ҳәм ийемсең, атамсаң,
Сабыр әйле, мәрт Қоблан,
«Сабыр түби сары алтын,
Сарғайған жетер муратқа»,
Сабыр әйле, палўан, сабыр әйле.
Мунша басым бурасаң,
Сабыр әйле, мәрт Қоблан,
Ашытып қамшы урасаң.
Атаң күйеў болған жер,
Енең келин болған жер,
Шадлық пенен қосылып,
Бес күн дәўран сүрген жер,
Шақан патша өлген жер,
Ақшахан патша болған жер,
Тажы-тахтқа минген жер,
Журтты ойран қылған жер,
Аңладың ба Қоблан ер.
Атаң Қыдырбай ғаррының,
Мал дүньясын алған жер,
Енеңиз Бозкемпирди.
Ала қапқа салған жер,
Пышық салып екеўин,
Қосып оны урған жер,
Үсти-басы қан болып,
Атаңа жылап барған жер.
Атаң еди Қыдырбай,
Бул қысыўметке шыдамай,
Малды бөлип бир айдап,
Әўлийени қыдырды,
Ол атадан болған жер,
Ол енеден туўған жер.
Қуўсырықтың басында,
Тилеги қабыл болған жер,
Бес жасыңа келгенде,
Пайғамбар сүннет еттирип,
Уллы тойды берген жер.
Он бир жасқа келгенде,
Сарыала атқа минген жер,
Балам атқа минди деп,
Той-тамаша берген жер.
Алты ай тамам жол жүрип.
Қырқ күншилик жол жүрип,
Қатағанға барған жер.
Сейдимханның қызына,
Аршаға оғын атқан жер.
Дады ҳаққа жеткен жер,
Аңладың ба, Қоблан ер?
Арша ағашты қулатып,
Сексен палўан жылатып,
Қуртқадайын сулыўды,
Ақ күймеге миндирип,
Елге алып келген жер.
Аңладың ба, Қоблан ер?
Енди болдың қара жер,
Көк орайлы көк шимген,
Соған жетип келгенде,
Мениң анам кер бийени,
Көримликке алған жер,
Билемисең Қоблан ер?
Кер бийедей бийеден,
Биздей қулын туўған жер,
Үш жасыма келгенде,
Хан тойына сен бардың
Қырқ күнлик жерден Ақшахан,
Ат жиберди наймыт хан,
Ат байрақтан мен келдим,
Сонда турып па едим.
Бөке дәўдей палўанның,
Басын қағып алған жер,
Аңладың ба Қоблан ер?
Азыўдың аўыр шәҳәрине,
Ат ойнатып сен келдиң,
Көбикли дәўдиң жолында,
Нешше күн жаттың, телмирдиң,
Үш ай он күн жерлерден,
Қараманды келтирдим,
Сонда турып па едим,
Аңладың ба, Қоблан ер?
Енди болдың қара жер,
Қуртқа сулыў келген жер
Қуртқа менен қосылып,
Бес күн дәўран сүрген жер,
Алшағыр гәўир келген жер,
Боз орданы бузған жер,
Үйди ойран қылған жер,
Қулағыма үрген жер,
Аўзыбасым сыйпалап,
Қуртқа сулыў баққан жер,
Бермесе де ақ сүтин,
Мийрим сүтин берген жер,
Перзентиндей көрген жер,
Арқаңа шаллар батар деп,
Атластан жабыў жапқан жер
Басыңа қайыс батар деп,
Гүдары ноқта таққан жер,
Гүдарының ушына,
Жипектен шылбыр таққан жер
Көкиреги өскин болсын деп,
Алтын қазық қаққан жер,
Аўызы ҳасылға тийсин деп,
Алтыннан ақыр соққан жер.
Аңладың ба, Қоблан ер?
Ат қалаға келеди,
Оқыранып еңиреди.
Аттың келип турғаны,
Алтыннан еткен қазықты,
Дин билмеген гәўирлер,
Суўырып алған орны еди.
Соны билип торыша ат,
Сәҳәр ўақта турады.
Бул жуўаптың кейнинен,
Ағарып ол таң атты.
Қып-қызыл боп күн шықты,
Ели түўе, халқы жоқ,
Көшип кеткен орны жоқ,
Қул Қобланда қайғы көп,
Қара көл деген көл еди.
Малыма жайлы жер еди,
Отырғанды халқым, деп,
Ат ойнатып келип еди.
Мунда халқын көрмеди,
Жоқлап Қоблан еңиреди,
—Қара көл деген көл едиң,
Малыма жайлы жер едиң,
Батпағына бир аўнап,
Жылап жүрген бала едим,
Жел қайық минип астыма,
Туйғын алып қолыма,
Аў-аўлап шықсам үстине
Алдырмаўшы еди үйрегиң,
Арқадан самал турғанда,
Тартыўшы еди қурдымың,
Үйдей болып екпинлеп.
Келер еди толқының,
Алдырмаўшы едиң аўыңды.
Басыңа күнлер туўған соң,
Үстиңе душпан келген соң.
Жоллар берип қалыпсаң.
Мен не болдым сеннен соң,
Сен не болдың меннен соң,
Ақ тикенли ақ шеңгел,
Қойыма жайлы жер еди,
Сен қойыңнан айрылып,
Сен де мендей болыпсаң,
Сен не болдың елден соң,
Мен не болдым сеннен соң.
Болар жериң солмеди,
Нардай гүркиреп турған соң
Ели-халқын ол жоқлап,
Қалаға келди ат салып,
Қара қыпшақ халқында,
Не қошшағың бар еди,
Үстиңе душпан келгенде,
Мерекеде турғанда,
Сайрай берип сөйлесең,
Сөзиң меннен ҳәўледи.
Сен де мендей болыпсаң.
Сен елиңнен айрылып,
Қаңғырып шөлде қалыпсаң,
Сен не болдың меннен соң,
Мен не болдым сеннен соң,
Гүркиреп турған ерден соң,
Халқын айтып жылады,
Әйне қуптан болады,
Дөгерекке қарады,
Дөгерекке қараса,
Төрт көлдиң арғы жағында,
Тоғыз жолдың дәрбентинде,
Жылтылдай берип от шықты,
Халқым мында екен деп.
Қоблан батыр ат шапты,
Ат шаўып барса қасына,
Он бир кемпир, он бес шал.
Көшке ерип жүре алмай,
Айдаўға залым болмаған,
Қара көлдиң жағасында,
Ийнеден қармақлар салып,
Отырған кемпир шалларды,
Келип көзи көреди.
Буннан кейин, ким тенлестен айрылған, ким қурдастан айрылған, «теңлесим, қурдасым» деп жылаған ғаррылардың үстине барып, Ақшаханнан келген жасаўыл атлы болып, ғаррыларға Қоблан бир сөз айтты:
—Бизлер болдық бул жерлерде бийқарар,
Қара көл бойында болып интизар.
Қалыпсыз еллерден мында отырып,
Заманыңыз қандай болды ғаррылар.
Лашын болып қанатыңнан қайрылып,
Жүйрик едиң дойнағыңнан майрылып,
Заманыңыз қандай болды қәриялар,
Сиз қалыпсыз бүлген елден айрылып.
Мен келемен астымда атым ойнатып,
Тәнде жаным және тәним қыйнатып,
Не себептен мәрт Қоблан деп сөйлейсең,
Апарайын Ақшаханға жылатып.
Батырлығым бул жерлерде билдирип,
Бәршеңизди үш ағашқа илдирип,
Не себептен мәрт Қоблан деп жылайсаң,
Өлтирейин қара баўырың тилдирип.
Анда ғаррылар сөйледи:
—Айланайын, хан аға,
Сөйлетип өлтир, жан аға,
Мен Қобланды нетейин,
Боз қозым, деп жылайман,
Ким айрылған қатардан,
Қаңғырғанға жылайман,
Ким айрылған қосластан,
Қыя шөлде жылаған,
Қуў басым, деп жылайман.
Мен Қобланды нетейин,
Бүлген ел, деп жылайман,
Бүлген елдиң ишинде,
Отырар еди Қыдырбай,
Бизлер барсақ, ағам, деп,
Мына елди жағалай,
—Бармысан, аға, дегенде,
Сес бериўши еди гүңиренип,
Қытай қыпшақты аралай,
Бозкемпирдей жан жеңгем,
Шығыўшы еди таўланып,
Қатарымнан айрылып,
Қаңғырғаныма жылайман,
Аққан дәрьям сағасы,
Енди батыл ол болды,
Ултанлары шаңғытты,
Қараплыққа жылайман.
Қоблан болса бул жерде,
Бундай ислер болар ма,
Боз отаўдың тулғасы,
Ол қыйсаймай турғанда,
Үйге зыян келер ме,
Мийўалаған дарақтың,
Ол мийўасы болғанда,
Ағаң қуўарып турар ма.
Мынаў елдиң ағасы,
Ақ киши тонның жағасы.
Бүлген елдиң ийеси,
Жаным болсын жолыңда қурбан.
Ғарры ағамның баласы.
Жаным қурбан жолында,
Мәрт Қоблан, деп жылайман,
Бул гәплерди еситип.
Астындағы торы аты,
Гүркиреп киснеп сес берди,
Гүркиреген сеслери.
Ғаррыларға барады.
Аттың даўысын таныйды,
Кемпир менен ол ғарры,
Мен бараман Қобланға,
Мен бараман Қобланға деп,
Бәри теңинен жуўырды.
Жекеннен ислеген қосы,
Жапырылып жығылды.
Бузып шықты далаға,
Көзи түсти ғаррылардың,
Қоблан атлы балаға.
Шүкир етип жылапты,
Яратқан қәдир аллаға,
Көзгенеңнен торы аттың,
Әне мойнын қушақлап,
Көзиниң жасы моншақлап,
Аққан суўым сағасы,
Сағам аман бармедиң?
Мәўжиреген дарақ мийўасы,
Мийўам аман бар ма едиң?
Қуўраған таўдың гиясы,
Гиям аман бармедиң?
Бүлген елдиң ағасы,
Шырағым аман бармедиң?
Қараңғы жердиң жақтысы,
Гәўҳарым аман бармедиң?
Қоблан сонда сөйледи:
—Жылай гөрмең ғаррылар,
Бозлай гөрмең, сорлылар,
Еллер қайда, журт қайда,
Журтты кимлер алғанды?
Халықтың мынаў бүлгенине,
Кимлер себеп болғанды?
Қара қыпшақ еллерден,
Ким өлип, ким өлмей қалды?
Анда ғаррылар сөйледи:
—Отыр еди бий қайғы,
Жума күни песинде,
Зеңбириктен оқ атты,
«Әзелги душпан ел болмас,
Етекти кессе жең болмас»,
Шақанның улы Ақшахан,
Өзи алайын десе де,
Қәдиги бар, қәўпи зор,
Келеди деп сенлерди,
Үш ай он күн жолларда,
Қараўсын ханның зүрияты,
Алшағырдай гәўирди.
Хан шақырып алғанды,
Мынаў халықтың бүлгинине,
Ақшахан себеп болғанды.
Қоблан өлди деген соң.
Алшағырдай ол наймыт,
Үш мың ләшкер қол алып,
Ел шетине келгенди.
Улыңды бенде қылғанды,
Қызыңды олжа қылғанды,
Жасы жеткен ғаррылар,
Аппақ шашлы мамалар,
Нәрестелер, балалар,
Ат астында, шырағым,
Тозаң болып қалғанды.
Жайылып атқан елиңе,
Бийқайғы жатқан халқыңа,
Олар келип оқ атты.
Оқ атқанда көп атты.
Шарўа жатқан еллерди,
Қойлар киби маңыратты,
Халқың жылап кеткен соң,
Арадан үш күн өткен соң,
Бул қорғанды қамады.
Қаладағы адамның,
Улы-қызын шуўлатып,
Муны алып бир кетти,
Елиң кетти деген соң,
Найзасы түсти қолынан,
Ойран болған халқым, деп,
Жылаған екен балам, деп,
Ол төгилген ҳақ қаның,
Мойныма мениң қалған деп,
Зордан қалды мәрт Қоблан,
Торыша аттың бул жерде,
Мойныны ол қушақлап.
Булар өтип келген соң,
Анаңыз бенен атаңыз,
Нар түйениң қәтеби,
Қәтебине бир таңып,
Муны ҳәм алып бир кетти.
Атаң кетти деген соң,
Қанлар ақты көзинен,
Ата-атаң кетип болған соң,
Қарындасың Қансулыў,
Жасаўыллар кейнинде,
Өкшесин атқа бастырып,
Душшы етине қамшы урып,
Қоблан жан, деп аҳ урып,
Бул да өтти усы жерден.
Сиңлиң кетти деген соң,
Сөзден қалды мәрт Қоблан,
Ақ найзаға сүйенип,
Бәри де өтип болған соң,
Бес күн және өткен соң,
Қуртқадайын келинди,
Еки бирдей жасаўыл,
Буны ҳәм айдап бир келди.
Қара шашын жайыпты,
Жүзине тырнақ салыпты,
Сыңсып жылап бир келди.
Келермекен Қоблан деп,
Көрсетермекен Суҳбан, деп,
Ғапылдан келди душпан деп,
Айтым айтып жылады,
Қытайқыпшақ елинде,
Жыламай адам қалмады,
Айлана берип көз салды,
Көзи түсти бизлерге,
Қайнаға деп сөз салды:
— Ҳаў, қайнаға-қайнаға,
Бизлер кетип барамыз,
Ат алдында айдалып,
Сизлер қалып барасыз,
Қобланлыдай батырдың,
Айтқан күни сол еди,
Келетуғын ўақытта,
Жақын күнлер бар еди,
Келе ғойса Қобланым,
Айта гөриң деп еди,
Асықпасын батырым,
Бүлип кеткен елимди,
Астында торы аттың,
Алты ай күни бар еди,
Батырлығы тутпасын,
Астында торы атын,
Алты ай бақсын деп еди,
Бул кеткеннен кетермиз,
Жолды мәскан етермиз,
Үш ай он күн жол жүрип,
Алшағырға жетермиз.
Қурған тилим қурмаса,
Әжелим жетип өлмесем,
Бүлип бул барған елимде,
Алты жыл жайлаў қыларман,
Ең бермесе халқымды,
Алты ай тилеп аларман,
Айта гөриң деп еди,
Нашарлық болды жазығым,
Қаланың күн батысында,
Жерден ақым қаздырып,
Алты айлық аттың от шөбин,
Мәрттиң жейтуғын азығын,
Қойып кеттим деп еди.
Жылап кетти балам, деп,
Қайғырмасын деп еди,
Астындағы торы атын,
Алты ай бақсын деп еди,
Садағасы кетейин,
Қайнаға деген тилинен
Жаўдыраған көзинен,
Сергиздан болып кетермен,
Келин жанның изинен,
Қайнаға деп бир кетти,
Айталмай кетти келин жан.
Ендиги гәптиң изини.
Буннан кейин, ғаррыларды изине ертип, Қорғанша қаласына барып, қалған қутқанларын жыйнап, бузылған қалаларын, бүлген еллерин көрип, баўыры оттай жанып, баяғы жер төлени таўып алды. Атластан жабыўын, гүдары айылын салып, торы атын бағып, жата берди.
Арадан қырқ күн өткенде Қоблан қыял етти. «Ели-халқым бүлип кеткенде, душпан алып кеткенде меники не жатыс, не мәслик» деп, торы атқа ер салды. Зартең-заберден ертлеп алып, ат үстине минип, намазлыгер ўақытта арқа дәрўазаға келди. Бул дәрўазада баяғы түсинде көрген қуў гелле—«Ҳа, Қоблан, жолың болсын Султан»,—деп алдынан өте берди.
Қоблан да «атар таңға жүрсең де батар күнге жүрме»,—деген, менменлик бизге келмесин, деп жатқан жерине қайтып бир ақшам мийман болды. Ертеңине баяғы геллени көрген жерге келди.
Он беси жолдың оңында.
Он беси жолдың солында,
Қуў геллелер сөз айтты,
Батыр туўған Қобланға,
Отыз бирдей қуў гелле.
Геўдеси жоқ сол гелле,
Мәрт Қобланға сөйледи,
Зибан берип бир алла:
—Қоблан атлы баламыз,
Бизлер сизиң бабаңыз,
Бунша қысыўмет биз көрдик,
Көп шығар бизиң гүнамыз,
Өли емеспиз, тиримиз.
Тири де болсақ, өлимиз,
Шилтенлердиң биримиз,
Ат тозаңның астында,
Геллем қалған есикте,
Атам мийри қанбаған.
Ене сүтке тоймаған,
Сергиздан болып бул жерде,
Шейит болған баламыз,
Сөзимди есит ағамыз.
Әўел қуда себепли,
Қалды сенлер себепли,
Өлип қалған баламыз.
Ҳақ еркеси боламыз,
Таңла маҳшәр күнинде,
Излеспесең қанымды,
Қалмақтан алмасаң арымды,
Даўагериң болармыз.
Ашылмай гүл солғанды,
Қорғаншадай қалаға,
Душпанлар ол келгенде,
Мынаў халықтың бүлмегине,
Ақшахан себеп болғанды.
Бул кеткеннен кеткенде,
Жолды мәскан еткенде.
Үш ай он күн жол жүрип;
Алшағырдың ақ таўы,
Ақ таўға жақын барғанда,
Тоғыз жолдың дәрбенти,
Дәрбент жолға барғанда.
Хан кәрўаны Қарабий,
Кәрўанларының баслығы,
Отыз нөкер қасында,
Үш жүз түйе бағылған,
Сол дәрбентке барып кет,
Мениң қанымды алып кет,
Оннан арман өткенде,
Алшағырдың қаласы,
Қалаға саўда салғанда,
Он бир улын өлтиргенде,
Тахты алдына шығарып,
Қарқыратып шалғанда,
Өлген балалар қаны деп,
Айта ғойсаң бизлерди,
Ишалла мәдет беремиз.
Жылаўыңда жүрермиз.
Алшағыр жатқан ақ сарай,
Ақ сарайға келгенде,
Терисин сойып алғайсаң,
Шейит өлген балалар қаны, деп,
Урсаң Қоблан қанжарды.
Ишалла мәдет берермиз,
Жылаўыңда жүрермиз.
Бизди ядқа алмасаң,
Гәпке қулақ салмасаң,
Таңла маҳшәр күнинде,
Бир қуданың алдында,
Еки қолым жағаңда,
Биз болармыз даўагер.
Айтып болды сөзини,
Тыңлап турды мәрт Қоблан,
Әйне песин ўақтында,
Отыз бирдей қуў гелле.
Ғайып болды көзинен.
Буннан кейин Қоблан қуў геллелердиң әтирапына ғаррыларды жәм қылып, қорғанша дүзеттирип белги етти.
Таң сәҳәрден Қобланлы,
Минди аттың белине,
Мәрт атына мингенде,
Үш ай он күн жолы бар,
Себил болып қыпшақлар,
Бүлип кеткен елине,
—Сен үйириңнен айрылдың,
Менде елимнен айрылған,
Шүў, жаныўар, шүў,—деди,—
Бүлип кеткен елимди,
Табар күнлер бар ма екен?
Душпанлардың қолынан,
Айырар күнлер барма екен?
Жетим менен жесирди,
Ғәрип пенен қәсерди,
Бул душпанның қысымынан,
Қутқарар күнлер бармекен?
Атқа қамшы урады,
Бүлген елдиң кейнинен,
Ат ойнатып барады,
Орлы қумнан өрмелеп,
Атлар ойнап барады.
Еспе қумнан еспелеп,
Ат есирип жөнеди,
Ҳақ бир ерге панады,
Пирим Шаҳимардан деп.
Батыр сонда жылады.
Жете билмей шөллерде,
Белли жүрис қылады.
Терең жылға, терең сай,
Күйгелекли көп тоғай,
Буннан өтип барады.
Түлки жүрмес түнейден,
Түнде кетип барады.
Қарсақ жүрмес қалыңнан,
Қапсыра кетип барады.
Жеткен жерге қонады,
Гәҳи жерде түсленип,
Гәҳи көлде, гә шөлде,
Гәҳи тоғайдың ишинде,
Жете алмай сегбир қылады.
Бир ай мәҳәли толғанда.
Бир ярым ай болғанда,
Ғам-гүнге кеўлин толтырды,
Қызыл жүзин солдырды.
Астындағы торы аты,
Жорталмайды, болдырды,
Алып жүргеи орақ жоқ.
Жаўдан бөтен талап жоқ,
Қылыштан бөтен жарақ жоқ.
Бүлген елге жете алмай,
Я кейин қайтып кете алмай,
Жары жолға барғанда,
Ат болдырған секилли,
Қоблан атын бағып,
бул жерде иркиледи.
Ендиги сөзди бүлген елден еситиң. Бүлген елге жақсы жер бар ма, журым журқа таўып алса, бүлген елдиң белли кийими еди, сүйек-саяқ таўып алса, белли тамақ қылатуғын еди.
Бир қойдың қуў жаўырынын таўып алды. Шеп жағы душпандики, оң жағы өзимиздики, деп, қуў жаўырынға Қуртқа көз салды. Қараса, кеселеп айрылып бир жол келип, қазаншыққа кеселеп турды. Буны мысал менен Қуртқа—Қобланды елге келген қылып, ғаррыларды көрген қылып, Қобланның атын қырқ күн баққан қылып, атының жары жолына келгенде жарамай қалғанына қапаланып, отырғанын көрген болды.
Атасы Қыдырбай, енеси Бозкемпир Қуртқаға бир сөз айтты:
—Басларыма ақыр заман қурылған,
Бармекен дүньяда бизлердей болған,
Әўел еңиреп, соңынан неге күлесең,
Бизге баян әйле айтып, Қуртқа жан.
Бундай күнде бизге жақын болғанды.
Қыпшақтың елинен дәўран тайғанды,
Әўел еңиреп, соңынан неге күлесең,
Күлгениңниң мәнисин айт Қуртқа жан?
Дәўлет тайып, мениң гүлим солғанды,
Я болмаса қозым өлип қалғанды,
Айтқыл маған бул исиңниң мәнисин,
Бул исиңе нелер себеп болғанды.
Қар жаўар жаўындур еллердиң ғайы,
Алла болғай жалғызымның панайы,
Әўел еңиреп, соңынан неге күлесең,
Күлгениңниң мәнисин айт Қуртқа жан?
Кешеги кеткен шырағымның жубайы,
Жанған отым усы бүгин сөнди ме,
Жалғыз балам ел шетине келди ме,
Айтқыл күлгениңниң мәнисин, Қуртқа жан.
Я болмаса жалғыз Қоблан өлди ме?
Анда Қуртқа сөйледи:
—Жол-жол болып қалды бизиң қаламыз.
Алла болғай биз ғәриптиң панамыз,
Қуў жаўырынға қуўанбаңыз ғаррылар.
Жылай гөрме еки ата анамыз.
Қуў жаўырынға қуўанба,
Қуў сүйеги қурысын,
Қуў сүйекке қарасан,
Ҳәр бир түрли мәниси бар.
Мингенде бедеў желипти,
Бизлер елден кеткен соң,
Азырақ күн өткен соң,
Ақылы жоқ перзентиң,
Ел шетине келипти,
Айтып едим ғаррыға,
Алты ай атты бақсын деп,
Мысалға алып гәп айтсам,
Қырқ күн атын баққандай.
Қырқ бес күн атын шапқандай,
Кеселеп турған жолы бар,
Аты қалып болдырып.
Жары жолда жатқандай,
Жаманлық емес аманлық,
Бир ярым ай болғанда,
Келмеспекен Қобланлы,
Ойлайман кейни қайыр деп.
Ашылмайын таза гүллер солар ма,
Әжел жетпей гүмра бенде өлер ме,
Оныңдай ақылсыз надан перзентиң,
Өйбий, ата, сиз енеден туўар ма?
Еки айдур балаң келгени,
Балаңыздан болғанды,
Мынаў елдиң бүлгени,
Қуў жаўырынға қарама,
Қуўанагөрме ата-ене,
Әўели еңиреп бул нашар.
Соңыра неге күлгени,
Сол еди, ене, көргени.
Буннан кейин, Қуртқа сулыў бүлген елди баслап, Алшағырдың қаласына барды.
Бүлген елге жақсы жер болсын ба, жаўдың келер бетинен, гөне қаланың шетинен Қыпшақларға жай берди. Бүлген елде ыхтыяр бола ма, душпанлар астында тәўиррек ат көринсе, үстинде жақсырақ кийим көринсе, ҳәмде жақсы қыз-келиншеклерине көз салып, ериксиз тартып алады.
Қобланның қарындасы Қансулыўды Алшағыр гәўирдиң он бир баласы шылым салмақлыққа хызметкерликке алды.
Қобланның досты Полат деген бар еди, бул Полат та Қобланның елинен қалып не боламан деп, Алшағыр гәўирге келген еди.
Бүлген ел халық Қуртқаға жылап келди.—«Жолбарыстың еркеги де мал соғады, урғашысы да мал соғады»,—деген, еримизден қалған еримиз едиң, алдымыздағы басшымыз едиң, бизлердиң илажымызды қылсаң. қалай болар екен?—дейди, Қуртқа Алшағыр ханға барайын десе, ата-енеси жибермейтуғын еди. Енди ата-енесиниң қолын бағып таслап, «халық ушын өлсем не айыбы бар» деп, басын қанжығаға байлап, Алшағыр гәўирге сапар тартты.
Патшаның қапысына жақынлаған жерде есиктеги жәлладлар Қуртқаның жеңин жыртығырақ, жағасын кирирек көрип, патшамыздың райын қайтарарсаң, заңғар,—деп қуўып салды.
Қуртқа жылап баратқанында алдынан бир кемпир шықты:
— Ҳәй, келин, неге жылап баратырсаң?—деди. Анда Қуртқа айтты:
— Алшағыр гәўирге барайын деп едим, барып арза қылайын деп едим, есигиндеги жәлладлар киргизбей қуўып салды. Сол себепли кемлик келип, жылап баратырман,—деди.
— Ҳәй, балам, күн батыс тәрепинде қырқ тисли бир зәңги барды, сол зәңгиден минсең, мен датқашыман десең, сонда ғана көрерсең,—деди.—Қатарыңда нарың болмаса, жетегиңде атың болмаса, кисеңде пулың болмаса, есиктен туппатуўра ҳасла кирмеклик жоқ,—деди.
Бул сөз мақул түсип, қырқ тисли зәңгиниң үстине минип, басын суғып қараса, Алшағыр гәўирди көрди— Датқашыман, тақсыр,—деп Қуртқа бир сөз айтты:
—Аў, Алшағыр, Алшағыр,
Биз мусылман, сен кәпир,
Датқашыман мен, деди.
Арыз айталмай бараман,
Арзымды есит, сен, деди.
Киргизбейди үстиңе,
Бармайын, десем, күним жоқ,
Патшалықтан миниң жоқ,
Қатарымда нарым жоқ,
Жетегимде атым жоқ,
Жәлладқа берер нәрсем жоқ,
Айдаўда келген ел едик,
Бүлип келген биз едик,
Алдымда басшы жоғынан,
Айтып кел деп жиберген,
Халықтың айтқан сөзи еди.
Алшағыр патша сиз, деди,
Датқашыман мен, деди.
Сол ўақытта, Алшағыр гәўир есиктеги жәлладларға дузым тутсын, көзиң шықсын, Қуртқаны есиктен алып кел, деп ҳәмир етти.
Жәлладлар ҳәр қайсысы ҳәр тәрепке жуўырды. Қуртқаны таўып алды.
— Барарсаң ханның алдына, көринерсең көзине, минесең еки дизине,—деп түйгишлеп жайға ийтерип жиберди. Ишкериге барып өз тәртибинше сәлем берди. Патша ҳәм сәлемин әлик алды. Сәлемнен кейин патша бир сөз айтты:
—Ол ол болсын, ол болсын,
Дәўлетиңиз мол болсын,
Алдыма жылап келипсең,
Кимнен көрдиң зорлықты,
Қуртқа келин, жол болсын,
Берейин сизге теңликти,
Ким әйлер пығлы тарлықты,
Алдыма жылап сен келдиң,
Етти ме биреў зорлықты.
Қайылсаң жаннан кешпеге,
Кимнен көрдиң хорлықты.
Ким әйлер пығлы тарлықты.
Қалдырмастан айта бер,
Басыңдағы барлықты.
Анда Қуртқа сөйледи:
—Ҳаў, Алшағыр, Алшағыр,
Биз пухара, сен патша,
Сөйлейтуғын бизде тил,
Жетим менен жесирдиң,
Атасы патша сиз еди.
Атамызға бар дейип,
Буйырған еди бизлерди,
Жетим қалған балады,
Жетим қалған қыз еди,
Айтып мынаў турғаным,
Жиберген бизди ел еди,
Айтатуғын арыз елдики,
Сөйлейтуғын тил бизики,
Анық тыңла сиз, деди.
—Айта бер нашар, сен,—деди.
Анда Қуртқа сөйледи:
—Бурынғыдан қалған сөз,
Хан үстине жаў келсе,
Қайтар елдиң дәўлети,
Хан үстине ел келсе,
Онда ханның дәўлети,
Жетим ул менен жетим қыз,
Бул да ханның перзенти.
Дәўлет тайған еллер бар,
Дәўлетли елге келеди,
Жетим қалған қызлар бар,
Патшаның алған айымы,
Соннан туўған қыз болар,
Тәўир атым бар болса,
Тәўир қызым бар болса,
Бүлип келген биз елмиз,
Қаладағы душпанлар,
Бизге қолын салады.
Жылап келдик дад етип,
Сарыша сизиң алғаның,
Соның қызы болады.
Ҳәммесин теңдей көресиз,
Халықтың айтқан сөзи еди.
Алты жыллар болғандай,
Халқыма жайлаў бересиз,
Алшағыр, қалай көресиз?
Үндемеди Алшағыр,
Тағы Қуртқа сөйледи:
—Қарашаханның ўағында,
Қатын-ердиң тусында,
Қоблан елде барында,
Сендей патша болмасақ та,
Аз ғана елге төре едик,
Жетим қалған қызларға,
Биреў қылса зорлықты,
Тәмбисин оның биз бердик.
Сыйпамаса енеси,
Не болады илажы?
Жетим қалған балалар,
Биреўден жесе таяқты.
Анасына ол келсе,
Тыңламаса атасы,
Не болады илажы?
Бүгин айдың он беси,
Он беси болар қараңғы,
Он беси болар жақты күн,
Қараңғы күн басымнан
Кетпесине, Алшағыр,
Жетемекен көзиңиз,
Билесиз бе өзиңиз?
Есиктиң алды ақ дәрья,
Түске дейин пал ағар,
Түстен кейин қан ағар,
Мудам палдың ағарына,
Жетемекен көзиңиз?
Және қанның ағарын,
Билесиз бе өзиңиз?
Жете ғойса көзиңиз,
Билеғойсаңыз өзиңиз,
Биздей болған қызың бар,
Ойнап жүрген балаң бар,
Биздей бенде болмасқа,
Жетемекен көзиңиз?
Билесиз бе өзиңиз?
Бурынғыдан қалған сөз,
«Қырқ жыл ҳаслан байлық жоқ,
Қырқ жыл жарлылық жоқ», —деген,
Сизге келген дәўран бар,
Ол басыңнан таймасқа,
Жетемекен көзиңиз,
Билесизбе өзиңиз?
Толы жатқан елиң бар.
Билесизбе Алшағыр,
Биле ғойсаң өзиңиз,
Жете ғойса көзиңиз,
Айтып болдым сөзимди,
Енди өзиңиз билиңиз.
Бар да мениң халқымды,
Қайтадан шап журтымды.
Анда Алшағыр ойланды,
Түсинеди сөзине,
Ықтияр берди сол ўақта,
Бул Қуртқаның өзине.
Алты жыл Қуртқа болмасын,
Алты ай болсын мәўлетиң,
Есигиңди қыпшақлар,
Жел ашсын да, жел жапсын,
Егер зорлық қылғанның,
Өзи болсын өлимдар.
Малы болсын патшалық,
Па-па мәрҳаўа деп,
Жар салдырды қалаға.
Алшағыр айтты:—Заңғар дурыс айтады, «қырқ жыл байлық жоқ, қырқ жыл жарлылық жоқ»,—деген рас сөз,—деп, Қуртқаның елин алты ай жайлаў қылды.
Алшағыр:—жәллад!—деди. Еки жәллад таяр болды. Жақсыдан шарапат деген, халқы абад болды. «Сөз жүйесин тапса, мал ийесин табады»,—деген, муны алып кетиңлер, Сарышаға жетиңлер, Сарыша жақсы тамақ берсин, таза кийим кийгизсин, әндамлы етип тәрбияласын,—деди.
Алшағыр гаўирдиң алты қатыны өлип, жетиленши алған қатыны сол еди. Тәрийпин айтайын сизлерге, қулақ салың сөзлерге:
Аяқларының сүўрети,
Енли тутқан маладай,
Қоллары гүрек жабадай,
Аўызларына қарасаң,
Таўдан шыққан жырадай,
Көзлериниң тесиги,
Көгершинниң уясындай,
Сулыўлығы бетиниң,
Қалбирдиң саясындай,
Әпшерине қарасаң,
Сапар айының келген,
Бир түрли тап бәлесиндей,
Сол Сарыша аяғын,
Бәрҳа майға суғады екен,
Қолын қатыққа жуўып,
Шадығоррам болып отырады екен.
Бул Сарышаның үстине Қуртқаны алып келди. Жәлладлары айтты: Ҳәй, Сарыша, мынаў турған Қуртқаға, таза кийим кийдирсин, таза тамақ жедирсин, жүзине қан жуўыртсын, етине сөл жуўыртсын, ҳәптеден өзиме көрсетип турсын.—деп патша сизге жиберди деп тапсырып қайтты.
Қуртқа сулыў Сарышаның хызметин етти. Күнлерден бир күн Сарыша қыял етти: «Айдың әптабындай, күнниң гирдабындай, алтынның сынығындай, суўдың тынығындай, сәўледей Қуртқаның, еркек кисиниң еси бар ма, Қуртқаның етине сөл жуўырған соң, бетине қан жуўырған соң, үстиме алар, канизлик маған түсип қалар, устаға буйырайын, күш темир соқтырайын, отырса, басына урайын, турса, аяғына урайын, аядай бетине шаппаттай жара салайын» деген қыял пайда болды. Арадан жети күн өтти. Жети жылдан бетерирек болып кетти.
Сарыша ханым Қуртқаға бир үлкен қапты берди. Бир кәниз ди кейнине салды.—Буннан кет, дағыстанға жет, томар терип кел,—деп ҳәмир етти.
Кейниндеги кәниз терсе ҳәм ура берди, термесе ҳәм ура берди. Сүйеги дағыстанда қалсын, деди . Өйткени Сарыша ханым усылай тапсырған еди. Бул дағыстанда Қуртқаның қәҳәри келди. Айланып жүрип, қолындағы темир шыбығын жулып алды.
— Төменлиниң муңы бир, телпек кийгенниң ары бир, сенлердиң бенде болғаныңызға қудай билсин нешше ай, нешше жыллар болғанын. Бизлердиң бенде болғанымызға үш ай он күн жаңа болды. Муншелли урып неге азап бересең!—деди.
— Мен урайын деп пе едим сени, Сарыша қоймайды-аў мени, енди урсам сени, қудай урсын мени,—деди кәниз.
— Урмасаң, алдыма түс,—деп кәнизди алдына салып алды. Кәниз томар алады, қапқа салады.
Қобланнан қалған алмас шаққы бар еди. Қуртқа жамбасынан алып, қаптың түбин кесип алды. Кәниздиң салған түбиршиги қаптың түбинен түсип қалады. Сөйтип жүрип, жети қырдың аржағына шығып, бир гәўирдиң гөне тамына барды.
Қуртқа ойлады:—Ҳәй, келиншек, бийт қарассақ, қалай болады? Қатынлардың қуяшлама көрсе, бийт қарап жата беретуғын әдети бурынғыдан қалып еди ғой,—деди.
— Ҳәй, Қуртқа, айталмай жүр едим саған, тәўир болды маған—деп кәниз әўели шапанын, соңынан көйлегин, қыза-қыза кийимлерин шешип алып, ал бийтке қызығып жанжағына қарамай усы иси менен бола берди.
Қуртқаның дәрти бийт емес және бир қырдың аржағына барып, Султанының келетуғын жолына қарап турыў еди.
Қобланның атасы Сейдимханнан қалған, қайин енеси Қөклен кемпир берген айдарлы жай булты бар еди. Ўақты қапаланып киятырса, қара болып көринер еди. Ўақты хош болып киятырса, ақ болып көринер еди. Қара болып киятқан жай бултты көрди. Қобланның жақын келгенин билип, жай булт бетке қарап, Қуртқа сулыў бир сөз айтты:
—Дәўлетим келген шағымда,
Аналық келин мен болдым,
Дәўлетим бастан тайғанда,
Қаралы келин мен болдым.
Қатын ердиң ўақтында,
Қараша ханның ўақтында,
Елде Қоблан болғанда,
Оң қолыма қайшы алып,
Пишиўши едим түңликти,
Султаным сеннен айрылып,
Жарамадым сор басым,
Сарышадай ханымның,
Тезек терер күңликке.
Жан бултың келди, езиң жоқ,.
Келе ғойсаң не болды.
Алла қосқан жолдасым,
Менменлик еттим, мен таптым
Менменликти ойладым.
Менменликтиң ақыры,
Өз басыма болғанды.
Болды демей, не дейин,
Сексен бирдей палўанлар,
Аламан деп ол барды,
Атқан оғы тиймеди,
Бизге несип болмады.
Сенлер бардыңыз он төртте,
Арша ағашты қулаттың,
Сексен палўан жылаттың,
Үйге күйеў келди деп,
Ериң пириң деп еди,
Ер сынаған бармекен,
Мен сынадым сизлерди.
Жатыр едиң сен уйқылап,
Буннан жубай болар ма,
Деп менсинбей мен қайттым.
Менменликти ойладым,
Өз басыма болғанды,
Келе қойсаң не болды.
Жай бултың келди, өзиң жоқ,
Алла қосқан басласым,
Ақ күймеге миндирип,
Қақпақтың қара таўында,
Әлип дәўди өлтирип,
Көк орайлы көк шимген,
Көк шимгенге келгенде,
Уят исти мен қылдым.
Көп малының басы екен,
Көк бийеге қол салдым.
Уллыны уллы билмедим,
Қытай қыпшақ елиңди,
Сирә көзге илмедим.
Менменликтиң зыяны,
Өз басыма болғанды.
Келе ғойсаң не болды,
Алла қосқан жубайым.
Қәде-қәўмет алыўға,
Келди қыпшақ беглери,
Көсилген аяқ жыймадым,
Кейнимнен келди не қызлар,
Шорым шелли көрмедим.
Жай бултың келди, өзиң жоқ.
Келе ғойсаң не болды,
Қыяметлик жолдасым.
Кер бийедей бийени,
Көримликке мен алдым.
Өзим отқан ордаға,
Алып барып киргиздим,
Арадан қырқ кун өткенде,
Кер бийеден ул туўды,
Аўзын оның сыпырдым,
Қулағына үрледим,
Ҳайўан болса да оны,
Перзентим деп жүр едим.
Емшегин салдым аўзына,
Ақ сүтимди бермесем де,
Мийир сүтин мен бердим.
Қай перзенттен кем көрдим,
Атластан жабыў мен жаптым,
Белине қайыс батар деп,
Гүдары қайыс мен тарттым.
Гүдары ноқта мен салдым,
Кеўли өскин болсын деп.
Жипек арқан мен тақтым,
Аўзы ҳасылға тийсин деп,
Алтыннан ақыр мен соқтым.
Қай баладан кем көрдим,
Келе ғойсаң не болды,
Бултың келди, өзиң жоқ,
Айланайын атыңнан,
Қурыў мәҳ-мәҳ, торы атым.
Бул гәпти айтып болғаннан кейин, бир майдан болғанда торы аттың шырқырап киснеген даўысы Қуртқаның қулағына тал-тал келди.
Суўлығын тислеп, гүлдир-гүлдир киснеп, Қобланды алып қашып Қуртқаның турған жерине ат жақынлап келди.
Қуртқа ойлады: ҳаялдың нәзери қатты дейтуғын еди. Жолына кесепат болар деп, қолындағы қабын бетине салып, Қобланнан бетин жасырып турды.
Анда Қоблан Қуртқаның жүзин жасырып турғанын кеўлине аўыр алыңқырап, бир-еки аўыз сөз айтты:
—Жолыңызда пидә болсын шийрин жан,
Халқымыз ушын жанымыз болсынлар қурбан,
Биз кеткели жети жыл өтти арадан,
Неге көрсетпейсең ақша жүзиңди,
Сағыныппан сәрби назым, Қуртқа жан.
Атлар шаптым бәлент таўдың дүзине,
Биз кеткен соң түскен матаў өзиңе,
Биз кеткели жети жыл өтти арадан,
Сағыныппан сениң ақша жүзиңди,
Ярым дейип мен шақырдым өзиме.
Анда Қуртқа сөйледи:
—Қылыш, найза алсаң батыр қолыңа,
Сизлер барып шықсаң душпан солына,
Ақ жүзимди көрсең қайтар ырайың.
Көрме жүзим кесапатдур жолыңа.
Сизди көрип шөлде болды ақлым лал,
Сизлерге душпанлар болсын дуўшакер,
Ақ бетимде үш темирдиң дағы бар,
Ал бетимде сары қаймақ жара бар.
Сонда Қоблан сөйледи:
—Душпанларды көрсем, саўда салайын,
Душпан ушын шер жаратқан қудайым,
Бир көрсетши бизге ақша жүзиңди,
Сағыныппан ақша жүзиң Қуртқа жан.
Ал устиңе енди ҳаял алмайман.
Анда Қуртқа сөйледи:
—Тамыр кетпей, гүлдиң жүзи сола ма,
Алтын басың есен болса султаным,
Бизлер киби бақа баслы ҳаялдың,
Беши-оны сизлерге көп бола ма,
Сонда Қоблан сөйледи:
—Атымның басыны сирә бурмайын.
Душпанларға барсам саўда салайын,
Көрсетсейши ақша жузиң Қуртқа жан,
Дусшы етиңе ашшы таяқ урмайын.
Анда Қуртқа сөйледи:
—Қанларды ағызып келдиң көзиме,
Қулағың сал Султан айтқан сөзиме,
Мени айланып бунша иркилип турғанша,
Сен кеткенде ким бар еди, есиңе ал.
Жас күниңде тутқан алтын сақанды,
Мен айтайын әўел шыққан салаңды,
Мени айланып бунша иркилип турғанша,
Бир айтпайсаң ата менен анаңды.
Ишиңе саларман батыр демиңди,
Келтирме кеўлиңе, айтса кемиңди,
Ақ жүзимди мениң айта бергенше,
Бир айтсайшы жаўлар шапқан елиңди.
Ашылмайын таза гүллер солмасын,
Ҳеш бир еллер бизиң елдей болмасын,
Егер адамларда перзент болса да,
Еккимизден перзент үлги алмасын.
Не қыласаң жүзимди,
Елдиң жүзин көрсеңши,
Күнн-түни жылаған,
Қобланым деп зарлаған,
Атаңа сәлем берсеңши.
Ел-журтың бар, деди,
Жаўдан тартып ал, деди.
Мынаў сениң болғаның,
Сеннен болған перзентлер,
Ата-анасын билер ме,
Қайтарды мәрттиң ырайын,
Мынаў көрсең, жүзим, деп.
Ашты дейдн шырайын.
Келип Қуртқа жақынлап,
Жүреги қаптай жарылып,
Көрсетер күнлер бар екен,
Сени қәдир алла деп,
Қушақлап аттан алыпты.
Қостарым болған Қоблан деп,
Дағыстанның үстинде,
Қушақласып көрисип,
Бир биреўин сүйисип,
Жағ-жағдайды сөйлесип,
Халықтың айтып муңыны,
Болған исти қалдырмай,
Бәрин баян етеди.
Адасқан ғаздай табысып,
Тал жипектей шырмалып,
Әўел еңиреп, соң күлип,
Тал жипектей есилип,
Толқынлап суўдай тасады,
Жасарған гүлдей жасады.
Қобланды Қуртқа көрген соң,
Қушақласып турған соң,
Бурынғы көрген мийнети,
Душпаннан көрген ақырети,
Бир күн шелли болмады.
Анда Қуртқа сөйледи:
—Басшым едиң Қобланым,
Қыяметлик жолдасым,
Бийқайғы жатқан елим бар,
Сен ер барсаң ғаплетте,
Қорқып қалған елиңиз,
Душпан қамап алмай ма,
Мүсәпир болған журтыңның,
Ҳақ қаны сизге болмай ма,
Ғәрип болған елиңди,
Қалмақ қырып салмай ма.
Жуўап берсең бизлерге,
Бизлер барсақ еллерге,
Барып хабар биз берсек
Айдаўда келген беглерге,
Сенлер барсаң арқадан,
Халқың шықса қубладан,
Сизлер барсаң қаладан.
Халқын шықса, даладан,
Ақтан жалаў көтерсе,
Онда пешин қайрылса,
Соннан соң қылсан ғайратты,
Кимлер өлсе, ким қалса,
Қутқармаға душпаннан,
Сизлер қылсан ықласты,
Он бес күн болса бир мәўлет.
Намаз жума күн болсын,
Он төртинши күнинде,
Алдыңда күтип журт турсын.
Қалаға гүўлеп кирмеге,
Он төртинши күн болсын,
Шетте жүрген елиңди,
Жыятуғын күн болсын.
Ўәде болсын Қоблан деп,
Рухсат алып жөнеди.
Қоблан Ақтаўдың дәрбентинде Қарабийдиң қосына қарап бәдәр кетти.
Қуртқа сулыў Қобланды көрип, қолындағы таяққа байрақ байлап, мәс болып қыпшақлардың жатқан дәрўазасына қарап киятыр еди. Қыпшақлардың есер жигитлери көрип:
— Қуртқа жеңгемизди жин урыпты, мәмелек айландырыпты,—деп алдына барып ермеклеп, ўақтымызды хош қылайық деп, алдына жақынлап келсе, кеўлин тасқынлаў көрип, реңкин қызыллаў көрип, жинниң урмағанын билип, Қуртқаға қарап бир сөз айтты:
—Басшы болған, Қуртқа жан,
Халқың болған сергиздан,
Таяққа байрақ байлапсаң,
Бир қыялды ойлапсаң,
Еситтиң бе, не хабар?
Хабарыңды айт, жеңге жан,
Байрақты қолға аларсаң,
Жаныңа саўда саларсаң,
Ҳәр қыялға бир келип,
Жеңге жан, қайдан келерсең?
Анда Қуртқа сөйледи:
—Перилердиң аўнағы,
Ҳәптеде болсын жыйнағы,
Қатты айтсам, душпан еситер,
Үлкениңиз қайнаға,
Кишкенеңиз қайнисең,
Келиң берман мырзаға,
Қараўыл баслы қабланды,
Анық, тыңла, қайнаға.
Көрип келдим дағыстанда,
Кешеги кеткен Қобланды,
Аққан дәрья сағаңды,
Яд ете гөр аллам деп,
Сүйинши бер, қайнаға.
Көрип келдим мен хәзирр,
Ғайып болған Қобланды,
Шетке алып қымтай гөр,
Жасы питпеген балаңды,
Таўып алып, ғамлай гөр,
Қылышың менен найзаңды,
Он үш күн болды бир мәўлет,
Найзаң болса, саплай бер,
Балтаң болса, таплай бер,
Кейниңнен келди тиреўиң
Жаўға өзиң сақлай бер.
Жүре берди алдына,
Ере берди қыпшақлар,
Қайда-қайда ағам деп,
Рас па, жеңге, Қобланды,
Көрсетермекен суҳбан деп,
Қалмақ сезип қояр деп,
Үндемеди қыпшақлар,
Ақтан жалаў байлаңлар,
Оң пешиңди қайырың:
Сенлер шығың қубладан,
Қоблан келер арқадан,
Айтып болдым сөзимди,
Қала бериң қыпшақлылар.
Буннан кейинги сөзди Қобланның атасынан еситиң: Қобланның атасы бир жер төледе болатуғын еди. Буларға ҳәм барып, қуўантып, Сарышаға биреў барып айтып қоймасын деп, Қуртқа сулыў асығып баратыр еди.
Қобланның қарындасы Қансулыў Алшағыр гәўирдиң он бир улына шай берип, шарап берип, шылым салып турар еди. Ҳәр ҳәптеде келип, ата-енесине көринип турар еди. Қансулыў Қуртқаның алдынан шықты, Қуртқа бийкешин қуўантайын, деп бир сөз айтты:
—Сарқырап таўлардан аққан булағым,
Бүгин қабыл болды сениң тилегиң,
Ел шетинде көрип келдим бир адам,
Еглендирмей сүйинши бер, шырағым.
Ошаққа жаныпты етиң ҳәм тәниң,
Жаў шаўып болғанды ойранды елиң.
Ел шетинде көрип келдим ағаңды,
Сүйиншиге не бересең, бийкешим?
Қансулыў сонда сөйледи:
—Ясийн оқыр әжайыпты хатлары,
Көрген адам нашар дейди затлары,
Мендей бийкешгенең сеннен айлансын,
Қоблан қурысын, айта гөрме атларын.
Ағам бар деп бәлентлеген жүрегим,
Аллам ҳеш бермеди мениң тилегим.
Қоблан қурысын, айта гөрме атыны.
Бир жерде өлсе, мың жерде қалсын сүйеги.
Қуртқа тағы сөйледи:
—Көринген алыстан таўлардың тасы,
Сел болып ағып тур көзиңниң жасы,
Жалғызымды олайша деп қарғама.
Қарғысың басыңа болсын урғашы.
Жылқышы үйретип минеди тайыны,
Айтыўға сөзимиз жүдә қайымды,
Олайша деп жалғызымды қарғама.
Душпанлар тапты ма кеўил жайыңды.
Онда Қансулыў сөйледи:
—Шашым таллап, он төртимнен тарайман.
Қашан келер деп жолларға қарайман,
Гүнайымды кешире гөр, жеңге жан,
Жалғызымды күйгенимнен қарғайман.
Қарғамай нетип турайын,
Қоблан елде жүргенде,
Елге душпан барар ма,
Сизлер киби алғаны
Бизлер киби сиңлиси,
Ата менен анасы,
Мынаў турған душпанның,
Хызметинде болар ма.
Ат сүринген тасымды,
Берерге жоқты нәрсемиз,
Қалай қылсаң, жеңге жан,
Сенде болсын ықтияр,
Қойдым қара басымды.
Әне көрген билгенин айтып, Қуртқа Сарыша ханымға қарап жүре берди.
Сарыша ханым есикке қарап, баладай үңилип отырыпты, Қуртқа бул есикке келгели жан дегенди еситкен жоқ еди.
— Ҳа, Қуртқа жан,—деди. Қуртқа ҳәм:—Не дейсең,—апа—деди.
— Сизиң журтыңызда бизиңдей ханымлар түс көретуғын ба еди?
— Әлбетте, көретуғын еди.
— Мен бүгин түс көрдим, сиз жорый аласыз ба?—деди.
—Әлбетте, жорыймыз,—деди.
Әне Сарыша түсин баян әйлеп, Қуртқаға бир-еки аўыз сөз айтты:
—Жатыр едим уйқылап,
Аяқ-қолым туйықлап,
Арқадан келди көк бөри,
Жанымды қоймай баратыр,
Боз айғырдай ыйықлап,
Бул не болар, Қуртқа жан?
Меннен шығып кеткен соң,
Алпыс еки қойым бар еди,
Арқадан келген көк бөри,
Сарайда турған жеринде,
Муны ҳәм кетти тамақлап,
Айырар бенде болмады,
Бул не болар, Қуртқа жан?
Сексен серкем бар еди,
Буны ҳәм кетти тамақлап.
Ақ сарайда бир турған,
Қуйрықлары дығыршық,
Ай мүйизли ақ қошқар,
Ақ қошқарым бар еди,
Он бир қозым бар еди,
Қамаўда турған жеринде,
Буны да кетти тамақлап,
Бул не болар, Қуртқа жан?
Отырған жерим ой шуқыр,
Басқан жерим бай шуқыр,
Бул не болар, Қуртқа жан?
Есиктиң алды жал қамыс,
Үй артында шоқ қамыс,
Оң қолымда тақ қайыс,
Сол қолымда жуп қайыс,
Бул не болар, Қуртқа жан?
Жүрегим аўзы музлайды,
Жаман жерим сызлайды,
Бул не болар, Қуртқа жан?
Жорыйгөргил түсимди,
Жақсылығы өзиме,
Жаманлығы өзиңе.
Тоқсан қул баққан бүйерде,
Есапсыз қойым бар еди,
Арқадан келди көк бөри.
Қубладан шықты көп бөри,
Бөлек-белек қылды да,
Ҳәр шетинен тийеди,
Қалаға келип жыйылды,
Бир бөлеги бөлинди,
Қублаға қуўып бир кетти,
Шоршып кеттим орнымнан,
Жорыйгөр усы түсимди,
Жақсылығы өзиме,
Жаманлығы өзиңе.
Анда Қуртқа сөйледи:
—Ҳаў, Сарыша, Сарыша,
Түсиң екен тамаша,
Мен жорыйын түсиңди,
Аңсат қылып исиңди,
Жаңа таптың Сарыша,
Жорый алмайтуғын кисиңди.
Жатқан болсаң уйқылап;
Аяқ-қолың туйықлап,
Арқадан келсе көк бөри,
Жаныңдай қоймай баратса,
Боз айғырдайы ыйықлап,
Ол түсиңде көргениң,
Қоблан батыр болмасын.
Сизден өтип бир кетсе,
Алпыс қойым дегениң,
Алпыс еки ҳәмелдар,
Ҳәмелдарың болмасын,
Сарайда жатқан жеринде,
Қурбанлық қылып шалмасын.
Таптымбекен Сарыша,
Таппадым ба Сарыша?
Сексен еки дегениң,
Кеңесқорың болмасын,
Арқадан келген көк бөри,
Бизиң Қоблан болмасын.
Уйқыда жатқан жеринде,
Қурбанлық қылып шалмасын,
Он бир қозың бар болса,
Он бир қозы дегениң,
Он бир улың болмасын.
Арқадан келген көк бөри,
Ақ сарайға бир кирип,
Жер менен жексен қылмасын
Қуйрықлары дығыршық,
Мүйизлери шығыршық,
Ай мүйизли ақ қошқар,
Алшағыр патшаң болмасын,
Арқадан келген көк бөри,
Қоблан ерим болмасын.
Алдына басшы бир салып,
Ақ сарайға кирмесин,
Постына сабан бир тығып,
Дәрўазаға қоймасын,
Төгилген балалар ҳақ қаны,
Енди сени урмасын,
Таптымбекем Сарыша,
Таппадым-ба Сарыша?
Отырған жериң ой-шуқыр,
Гөр лаҳәтиң болмасын.
Басқан жериң бай шуқыр,
Көзиңниң жасы болмасын.
Оң қолыңда тақ қайыс,
Ат қамшысы болмасын,
Сол қолыңда жуп қайыс,
Ат дизгини болмасын.
Үй артында шоқ қамыс,
Ат қуйрығы болмасын,
Есик алды жал қамыс.
Аттың жалы болмасын,
Жүрегиң аўзы музласа,
Жаман жериң сызласа,
Жаўыр атқа миндирип,
Ат астынан аяғың,
Аяғыңды көрпешлеп,
Атларға терис миндирип,
Темир истен өткерип,
Халық бәрине көрсетип,
Бизге туўған қара күн,
Басыңа сениң туўмасын.
Таптымбекен Сарыша,
Таппадым ба Сарыша?
Арқадан шықса көк бөри,
Қубладан келсе көп бөри,
Тоқсан қул баққан қойыңды,
Бөлип алса шетинен,
Қалаға келип қамаса,
Көк бөри болып көринген,
Қоблан ерим болмасын,
Көп бөри болып көринген,
Қыпшақтың беги болмасын.
Бөлип айдап бир кетсе,
Олжа қылып қызыңды,
Қублаға қарап айдаса,
Бизге туўған қара күн,
Ол басыңа туўмасын.
Қызың менен улыңыз,
Бизиң елге бармасын.
Таптымбекен Сарыша,
Таппадым ба Сарыша?
Сол ўақта ханым қәҳәри кеп,
Атаңа нәлет, шая деп,
Тилиң тартпас, сирә, деп,
Шыбық темир қолға алып,
Сарыша орнынан турды,
Ҳәм Қуртқаны бир урды.
Ендиги сөзди Алшағыр патшадан еситиң:
Ол отырып айтады: — Ақшахан патшаның бир бөлек журтын бүлдирип келдим, Қобланның елин бүлдирип алып келдим. Мениң еткен ислеримди жазатуғын шайыр бар ма екен? — дейди. Анда Қобланнын Полат деген досты патшаның хызметинде турар еди. — Сизди биз мақтасақ қалай болар екен? — деди ол.
— Әжеп болар, — деп, Қансулыўды да шақыртып алып, Полат бир сөз айтып турған қусайды:
— Таўда қоян изи бар,
Әри дейди Полат жан,
Патшаның айтқан сөзи бар,
Әри дейди Полат жан.
Есиктиң алды бир дәрья,
Түске дейин пал ағар,
Әри дейди Полат жан,
Түстен кейин қан ағар,
Әри дейди Полат жан,
Таўда қоян изи бар,
Патшаның жети қызы бар.
Он бирдейин улы бар,
Көргеним жалған болмаса,
Песин ўақты шалқытар,
Әри дейди Полат жан.
Тыныш халықты бүлдирген,
Бир бәлеге жолығар,
Әри дейди Полат жан.
Тыныш жатпас ол қасқыр,
Урынып жүрген адамлар,
Бир адамға жолығар,
Әри дейди Полат жан,
Ели-журттан айрылған,
Елде тегин жатар ма,
Аман басы саў болса,
Ол қалаға қуйылар,
Әри дейди Полат жан.
Буннан кейин Алшағыр патша айтты:
— Па-па, заңғардың шайырлығы, — деди, түсинбей. Мени Искендер Зулхарнайыннан ҳәм батыр қылдың, — деп тилине түсинбей, көп инамлар берип бийқайғы отыра берди.
* * *
Қоблан батыр адамға билдирмей, жанға сездирмей Қарабий жатқан дәрбентке қарап жүре берди.
Қарабий де отыз қосшысын буйырып, ақ шатыр қурып жата берди. Түйеси жайылып таўдың үстинде жүрер еди. Қоблан барып, түйени орап алып, алдына салып қуўмақ болды. Қарабийдиң отыз нөкери Қобланға ат қойды, Қоблан кейнине қарамай алдына жүре берди, кейнинен шаўқым салды. «Атыңызды айтып кет» деп, бақырды. Қоблан тыңламады. Кеўли өскен душпанлар Қобланды қамап алды. Анда Қоблан душпанға қарап бир сөз айтты:
— Атымды сорап нетесең,
Таўды гезген бөримен,
Затымды сорап нетесең,
Кимди душпан пәмлейсең,
Ойлаған душпан өзимен.
Ол малыңды қуўаман,
Еллер қайда, журт қайда,
Шейит болған балалардың,
Ҳақ қанын сизден аларман.
Бақый болсаң бизлерге,
Ол пәрмана боларман.
Исим жоқдур сизлер менен,
Қарабий деген қайсысаң,
Жер менен жексен қыларман,
Анда турып қалмақлар,
Түсинбейди сөзине,
Қарабий дегенлерине,
Аўыр түсти қалмақтың,
Мына гәплер өзине,
Ашылған гүллер солмасын,
Латманат өзи оңласын,
Еситиўим бар еди,
Азыўлыға кетти Қоблан деп,
Ел кейнинен қуўып келген,
Мынаў Қоблан болмасын.
Қамалап услап алыңлар,
Мойнына шынжыр салыңлар,
Қарабийге тапсырып,
Бир әрмансыз болыңлар.
Ат қояды бәршеси,
Атадан жалғыз мәрт Қоблан,
Еки көзи қызарып,
Қаны қашып бозарып,
Қоблан батыр қумарланып,
Туйғын киби жумаланып,
Қойларды көрген бөридей,
Торы атына қамшы басты,
Дәрья киби толып тасты,
Ат ойнатып барады,
Бир барғанда мәрт Қоблан,
Төртеўин гелле қылады.
Услаймыз деген қалмақлар,
Басы менен ғай болады.
Биреўин алып қолына,
Бир-бирине урады,
Қарабийдиң қосына,
Қалғанын қуўып барады.
Қарабийдей бәтшағар,
Ол алдына келеди.
Анда Қоблан сөйледи,
— Атың сениң ким? — деди,
Ал Қарабий сөйледи:
— Ақшаханның еллерин,
Бүлдирип келген мен, деди,
Қызын олжа бир қылып,
Улын айдап ол келип,
Қуллар қылған мен, деди,
Жарағың таслап сен келсең,
Өлтирмеймен мен, деди.
Анда Қоблан еситип:
—Қарабий деген ўақтында,
Түги тебендей шаншылып,
Қылышты алып қолына,
Жақынлап барып қалыпты,
Қарабийдиң жанына.
Шамалап өзин көреди,
Шейит болған балалар,
Ҳаўа-ҳаўа, марҳаўа деп,
Хаўаз берип турады.
Қылыш алып мәрт Қоблан,
Батыр кеўилин қошлады,
Шөптей көрмей душпанды,
Теңинен бөлип таслады.
Қарабийди өлтирип,
Мәнисине келтирип,
Тағы да алға жөнеди.
Буннаи кейин қыпшақтың есер жигитлери, «Қоблан қай жақтан келер екен» деп, жолын тосып жүргенде, ағайин — қарындаслары Қобланды таўып алып, қосылып, ўақты қош болып, торы атты ойлаў жерге байлап, әйне қуптан ўақтында, елдиң шети жатқанда, от қызылы батқанда, қаланың ишине кирди. Алтмыш еки ҳәмелдардың жатқан жерине барды. Алдына басшы салды. Ҳәммеге хабар берди.
Қоблан сарайдың алдын алды, алтмыш еки ҳәмелдарын жатқан жерде гелле қылды. Қыпшақтың есер беглеринен рухсат болып, қыдырып, ақ сарайдан он бир улын таўып алып, оны да өлтирди.
Аўзы қанлы бөрилерин
Алшағырдың төрелерин,
Он бир бирдей улларын,
Сәҳәр ўақты болғанша,
Бәрин гелле қылады.
Қоблан сәҳәр ўақтында,
Алшағыр жатқан сарайға,
Жолдаслары менен барады.
Билдирмей жатқан жеринде,
Еки қолын таңады,
Ҳәр жерине найза урып,
Шермендесин шығарып,
Дәрўазаның алдына,
Сүлдерин әкеп қояды,
Он бир улын шалған соң,
Алшағырдай гәўирди,
Дәрўазаға қойған соң,
Қыпшақтың есер беглери,
Дәўлети келген ўақтында,
Айдаўда бурын келсе де,
Рустемнен кем емес,
Көкиректиң ғайраты,
Бирден төртеўин шаншып,
Бесин көзлеп турады.
Не бир келген ғаррылар,
Өлсек бизлер ырзамыз,
Ығбал жүрген ўақтында
Белли ғайрат салады.
Тынбай енди қалада,
Үш күн урыс болады.
Алшағыр гәўир өлген соң,
Ханы кеткен қалмақлар,
Бассқы таўып барады
Қалмақтың туўы жығылып,
Бағындық бизлер аға, деп,
Қол көтерип турады.
Қуртқадайын алғаны,
Сарышадай ханымды,
Жалаңаш атқа мингизип,
Өкпесине заңғардың,
Темир исти өткерип,
Испара темир қолға алып,
Жаўырнына қойдырып,
Қансулыўдай сиңлиси,
Алшағырдай гәўирдиң,
Жети қызын жүўенлен,
Белли қырғын болады.
Алшағырдың әскерине,
Қобланлыдай қас батыр,
Ел-елатын көрген соң,
Аяўсыз қылыш урады,
Қызыл туўын қыйратты,
Жасыл туўын жайнатты,
Бөри тийген қой киби,
Қалмақларды шуўлатты.
Шейит балалар қаны деп,
Қоймай бәрин қыйратты.
Ҳаўа-ҳаўа марҳаўа деп,
Өзи емес рухы,
Шейит болған көп балалар,
Разымыз аға жан,
Ол төгилген қанға деп,
Даўыс берип шырлапты,
Қоблан тажжал келген соң,
Ол патшасы өлген соң,
Қол көтерип турған соң,
Не бир қалмақ сөйледи,
Урыстың жәми қойылды,
Қыпшақтың бәри жыйылды
Кимселер өлип, ким қалды,
Қобланлының елинен,
Қөп адамлар қырылды.
Бағынған соң душпанлар,
Урыс туқымы қойылды,
Бирисин патша көтерип,
Кеўиллери душпанның,
Қобланлыға жалынды,
Дослар болып Қоблан менен,
Нешшелери бағынды.
Полат жанды бул елге,
Патша қылған секилли.
Полат әзел дос еди,
Душпаннан алды арыны,
Мәрт қайтарды қәҳәрини,
Ағайинге қосылып,
Таўып алды мәрт Қоблан,
Қыдырбайдай ғаррыны.
Дәўир кимниң дәўири,
Полат ханның дәўири,
Пайтахт кимниң пайтағы,
Полат ханның пайтахты,
Таўып алды мәрт Қоблан,
Қара қыпшақ елатты,
Бир кемликтиң кемалы бар,
Патша қылды Полатты.
— Ақшахан бизди Азыўлының аўыр шәҳәрине, барса келмес елине жумсады, — деди. Сонда Қуртқа — «Батыр аңқаў, ер гөдек» —деген, сениңдей гөдек ер атадан болып, анадан туўар ма, Азыўлы деген аўыр журт, үш айшылық шөли бар, үш айшылық ели менен көли бар, тоғыз айлық жолларда Азыўлының аўыр шәҳәри бар, барған адам келмейди, сапарыңды Қоблан қой, — деди. Сонда Қоблан, «ҳаялдың айтқанын еркек қылар ма» деп кетермен болды. Қуртқа кетерин билди. Қырқ күн мәўлет алды, атына жипекте жабыў қылып берди де арадан қырқ күн өткенде, Қоблан қырқ жигитин қасына алып, жүрермен болды. Атасы Қыдырбай, анасы Бозкемпир, Қобланға қарап бир сөз айтып, жол болсын сорады:
— Ҳаўа жаўып, айдын шалқар сел болсын,
Жылдан жылға аз дәўлетиң мол болсын,
Атланыпсаң жигербентим, перзентим,
Жалғыз балам, Қоблан, саған жол болсын.
Атлар шаппай бәлент таўда раўаным,
Мәдетти бергейлер қәдир суҳбаным,
Атланыпсаң жолың болсын, перзентим,
Аттан түскил жигербентим, Қобланым.
Бедеў жалын саўаш күни таратып,
Ата-анаңның ақылы ҳуўшын лал етип,
Жигербентим, қайда кетип барасаң,
Биз ғәрипти сен жолыңа зар етип.
Қайғы-ҳәсирет бул басымда барды дәрт,
Бизлер жүрмиз сени жалғыз балам деп,
Қайсы елден қайда кетип барасаң,
Барар жериң жалғыз балам, баян ет.
Буннан кейин Қоблан ата-анасына қарап мынаны айтты:
— Бизлер болдық бул жерлерге бийқарар,
Шәҳимәрдан пирим болсын жылаўдар,
Атланғаным ханымыздың ҳәмири,
Жыламаңыз еки бирдей қариялар.
Ғазлар қонар айдын шалқар көлине,
Бизлер кетсек от түседи тәниңе,
Жылай бермей жуўап бериң ғаррылар,
Атланыппан Азыўлының елине.
Ашылысқан таза гүлдей болмаға,
Ығбал берсе бескүн дәўран сүрмеге,
Жыламаңыз еки бирдей ата-анам,
Атландым душпанға саўда салмаға.
Мине усы жуўаптан кейин, тар қурсақта жатысып, тай қулындай тебискен, адасқанда кеңескен, қаналасы, муңласы, ғәрип нашар сиңлиси, муңлы болған Қансулыў ағасы Қобланға қарап, бир сөз айтып турыпты:
— Бедеў шаўа алмас иштиң тоғынан,
Ким хабардар мениң бары-жоғымнан,
Емшеклесим мендей ғәрип айлансын,
Аттан түскил туўысқаным мәрт Қоблан.
Сенлер кетсең, аға жан,
Азыўдың аўыр шәҳәрине,
Барса келмес елине,
Сенлер өлип кеткенде,
Сениң қаныңды аларға,
Иним дерге ағаң жоқ,
Ағам дерге иниң жоқ.
Атам дерге улың жоқ,
Батыр өлсең, соңың жоқ,
Әзелги душпан ел болмас,
Етекти кесип жең болмас,
Шақан улы Ақшахан,
Әўелден еди ол душпан,
Өзи алайын десе ол,
Қәдиги бар, қәўпи зор,
Үш ай он күн жоллардан,
Қараўсын ханның перзенти,
Алшағырдай гәўирди,
Хан шақырып алмай ма
Қорғаншадай қалаңа,
Қорғасынды қуймай ма?
Жол қылып ол алмай ма?
Қартайғанда атаңды,
Ғәрип болған анаңды,
Қой кейнине салмай ма?
Биздей бақты қараңды,
Олжа қылып алмай ма?
Сүйгениң сулыў Қуртқаны,
Жесир-жебир қылмай ма?
Ат сүринген дизине,
Инанамекен, аға жан.
Жәдигөй жанның сөзине.
Буннан кейин Қобланның баўыры ерип, сүйеги балқып аттан түсейин деп турған ўақтында, сүйген яры Қуртқа, ата анасына қарап төмендегини айтты:
— Мен жылайман зар-зар,
Зәўре, Патма мәдеткар,
Ата айрылмақ баладан,
Бала айрылмақ атадан
Буйрық, дейди, ғаррылар,
Жыламаңыз жалғызға,
Жуўап бериң муңлылар,
Перзентим деп еңиредиң,
Жалғыз бала Қобланды,
Аз ғана үйли Қыпшаққа,
Ийе болар деп пе едиң?
Айралық жәбири өтерин,
Билмедиң бе, ғаррылар?
Он төртине келгенде,
Сары ала атқа мингенде,
Үш ай он күн жол жүрип,
Бизиң елге барғанда,
Билмедиң бе, қариялар?
Балаңның журттан кетерин.
Арша ағашты қулатып,
Сексен палўан жылатып,
Қуртқадайын мен сорды,
Елге алып келгенде,
Билмедиң бе кетерин?
Көк орайлы — Көкшимген,
Көкшимгенниң бойында,
Бели қайқы кер бийе,
Көримлик тилеп алғанда,
Билмедиң бе кетерин?
Кер бийедей бийеден,
Торыша қулын туўғанда,
Билмедиң бе кетерин?
Алты жыл алдым мәўлетти,
Арадан үш жыл өткенде,
Қунан жасқа жеткенде,
Қолымнан басып алғанда,
Билмедиң бе кетерин?
Ханның көли қадаған,
Қадаған көлге мал салған,
Билмедиң бе кетерин?
Жайлаўына қондырды,
Билмеднң бе кетерин?
Ханға зорлық бул қылды,
Билмедиң бе кетерин?
Хан тойына бул барды,
Барып тапсырма алды,
Билмедиң бе кетерин?
Сүйеги дүзде қалсын, деп,
Қырқ мезгиллик жоллардан,
Ат шаптырды Ақшахан,
Аты келди байрақтан,
Билмедиң бе кетерин?
Жалғыз балаң мәрт Қоблан,
Ақылсыз ақмақ болмаса,
Хан кәрўанын талар ма,
Ханның малы ата-ана,
Пуқараға сыяр ма?
Ақшахандай уллы хан,
Аз ғана үйли Қыпшақтан,
Намысын алмай қояр ма,
Бөке дәўди өлтирди,
Сәтине исин келтирди,
Он бес ғашыр зер берди,
Аты келип байрақтан,
Қырқ ғашыр зерди келтирди,
Билмедиң бе ғаррылар?
Исиңниң шепке кеткенин.
Ата менен анасын,
Қарындасы Қансулыў,
Биздей бахты қарасын,
Ели менен елатын,
Есапсыз зерге сатқанын.
Бул сөзден Қобланның балқып турған сүйеги қайтып жайына бәнт болып, ата-анасына қарап мына сөзди айтты:
—Ашық оты лалазар,
Алладан басқа кимим бар,
Жыламаңыз, ғаррылар,
Мен атадан болғанда,
Ермен деп мен болғанман,
Мен анадан туўғанда,
Нарман деп мен туўғанман.
Бул дүньяға келгенде,
Өлмек ушын келгенмен.
Өлимниң ҳағын билгенмен.
Ақкиреўке саўытым,
Ысқатым деп кийгенмен,
Үстимдеги ақ көйлек,
Кепиним деп кийгенмен,
Баўыры тартық сары жай,
Ураным деп жүргенмен.
Испиҳан семсер қылышты,
Қуралым деп жүргенмен,
Сабы алтын ақ қанжар,
Ийманым деп билгенмен
Қарағай саплы ақ найза,
Сайғағым деп жүргенмен.
Кәпирлердиң қолында,
Азатлықтың жолында,
Өле ғойсам мен жалғыз.
Ийманым деп жүргенмен.
Бул сөзди еситип, атасы Қыдырбай төмендегини айтады:
—Минген бедеў бул майданда желмек жоқ,
Сен кеткен соң ата-анаңа күлмек жоқ,
Жолың болсын, жигербентим перзентим,
Бир кеткен соң саған қайтып келмек жоқ.
Ҳәр ис келер жигитликтиң мәҳәлинде,
Өткир қылыш бардур балам қолыңда,
Бир кеткен соң бул дүньяда келмек жоқ,
Көрискеймиз қыяметтиң күнинде,
Табысқаймыз бир қуданың алдында.
Қоблан ата-анасынан, қарындасынан, Қуртқа сулыўынан жуўап алып, торыша атқа ер салып, Азыўдың аўыр шәҳәрине жол тартты.
Ақшахан менен қас болып,
Қырқ жигитке бас болып,
Лалы маржан сәдепти,
Хызметте баўыры кәбапты,
Ата менен анадан,
Алып мәртлер жуўапты,
Жолға салды торы атты.
Қоблан батыр алдында,
Қырқ жигити соңында,
Азыўлының елине,
Қоблан жөнеп кетеди.
—«Сен үйириңнен айрылған,
Мен елимнен айрылған,
Шүў жаныўар, шүў» —деди.
Астындағы тарыша,
Кем-кем қызып шабысы,
Толықсып аққан дәрьядай,
Жүз тоқсанлық жорғадай,
Толықсып бедеў жөнеди.
Өрме қумнан өрмелеп,
Оннан өтип барады.
Еспе қумнан еспелеп,
Ат есирип барады.
Ҳақ ерлерге панады,
Пир жылаўдар болады.
Пирден мәдет болған соң,
Ақ кийиктей секирип,
Толықсып ойнап барады.
Аран менен селеўди,
Аттың оты дер еди.
Аран, селеў отлатып,
Шәшмеден қарсы суўғарып,
Гәҳи шөлде, гә елде,
Мийман болып барады.
Түлки жүрмес түнейден,
Түнде кетип барады,
Қарасақ жүрмес қалыңнан,
Қапсыра айдап барады.
Терең жылға, терең сай,
Күйгелекли көп тоғай,
Көп тоғайды аралап,
Көкшимгенди жағалап,
Буннан да өтип барады,
Ат баўырынан қызыл қум,
Қыялай шаўып барады.
Бийик-бийик нур асты,
Бөктергили қыр асты,
Шаңы шаңға уласты,
Аз ғана емес жол жүрип,
Есап қылып қараса,
Бир жарым айлық жол асты,
Шаршамайды мәрт Қоблан,
Ат ойнатып барады,
Аты жаман ҳәм узақ,
Астархан атлы теңизге,
Ат ойнатып келеди.
Ҳәр жеринен ат салады,
Жол табалмай жүреди,
Үш күн жүрди айланып,
Жол табалмай турады.
Өтерге гүзар болмайды,
Атасы еди Сейдимхан,
Сейдимханнан қалғанды,
Қайнанасы Көклен кемпир,
Ҳәм белгиге бергенди,
Суўсаған жерде суў еди,
Суўлы жерде шөл еди,
Айдарлы бул Қобланның,
Жай булт тасы бар еди.
Бир дуўаны ол оқып,
Аспанға атып жиберди,
Ысырапыл үргин үргендей,
Жерден тәжжал енгендей,
Аспан пәлек болады,
Жер зимистан болады.
Арқадан шамал турады,
Теңизден келген толқынсақ,
Келип таўға урады.
Арадан он күн өткенде,
Астархан атлы ол теңиз,
Музлап сонда қалады,
Излик қарлар жаўады.
Жарылқаўшы бир жаббар,
Халық еткенди бириўбар,
Муз үстинен Қобланның,
Бир айшылық жолы бар.
Қырқ жигитке бас болып,
Қоблан жүрис қылады.
Қобланның қырқ жигити «Самарқанд халқымыз, артта қалды журтымыз, көриспек мүшкил ҳарам болды», деп хошласып, жыласып, Қобланның изине ере берди. Қоблан алдында, қырқ жигит кейнинде, муз үстинде жол тартып, жөней берди. Арадан он күн өткенде Қобланның он жигити музда жығылып, ат-жарақтан айрылды. Жигирма күн өткенде, шаппай-желмей майрылып, қанатынан қайрылып, Қобланның қырқ жигити ат-турманнан айрылып, бир атаўдың басына келип Қобланға қарап айтып турғаны:
— Керинбеген бәлент таўда раўаным,
Теңиз де қарғады бизди суҳбаным,
Қырқымыз да ат-жаратқан айрылдық,
Арзым есит, Самарқандлы султаным.
Лашын едик қанатлардан қайрылдық,
Тулпар едик жиликлерден майрылдық,
Султанымсаң, рухсат бергил бизлерге,
Қырқымыз да ат-жарақтан айрылдық.
Қулағың сал, мынаў айтқан сөзлерге,
Мийнеттен қашқанлар келмес бул жерге,
Қырқымыз да ат жарақтан айрылдық,
Жуўап берсең биз қайтамыз излерге.
Сонда Қоблан қырқ жигитке қарап мынаны айтты:
— Турған жериң Астраханның жерлери,
Мазалыдур мәрттиң сөйлер тиллери,
Қостарсызбан, айтатуғын арзым бар,
Арзымды есит, Самарқанның беглери:
Ат шаптым мен бул жерлерге қияда,
Өмирлериң болсын, беглер, зияда,
Бәриң келиң торышаға жақынлап,
Мен жүрейин алдыңызда пияда.
Мөҳмин болсаң, қуданы бир бил, деди,
Батыр болсаң, мийнетиңе көн, деди.
Мен жүрейин алдыңызда пияда,
Барлығыңыз торышаға мин, деди,
Қырқ жигит Қобланға қарап тағы мынаны айтты:
—Ат шапқаның бул майданның даласы,
Узақ қалды Самарқанның қаласы,
Қырқ адам да бир атқа минбек болар ма,
Ақыл қайда Қыдырбайдың баласы.
Ақыллы адамлар мында келер ме,
Ақыл қайда Қыдырбайдың баласы,
Қырқ адам да жалғыз атқа минер ме,
Қырқ кисини жалғыз ат тартып жүрер ме?
Буннан кейин мойнына пота салып, қудаға налыс қылып, пирлерге сыйынып, зар-зар жылап турған ўақтында, бурынғы Қызыр бабасы, ғайыптан таяр болды. Торы аттың жанына барып, аўызына жети түкирип, саўырына бес урады, Рустем минген ала аттай, ғайрат берип өзине, шаршамас ҳасыл тулпардай, қуўат берип дизине «тарықпа балам, Қоблан» деп, ғайып болды көзинен.
Қоблан қырқ жигитине қарап бир сөз айтты:
—Ат мойнына таққан тилла тумарды,
Торы атыма алла бергей димарды,
Тәўекел әйлеңлер, беглер, келиңлер,
Әўел қуда, Шәҳимардан яр болса,
Торы атымның ҳәрбир өнери барды.
Буннан кейин қырқ жкгит: — Гүўлеп атына минейик, атын өлтирип, өзимизден бес бетер пияда қалдырайық, —деп, торы атқа жақын барады. Қоблан атқа ийек қақты, адамнан ақыллы жәниўар көзден жасын төкти, түйедей шөкти. Бир арқанды алып аттың белине қабатлап салды. Жигирмасын оң жаққа, жигирмасын сол жаққа аўмастай, талмастай қылып, беккем етип тырыстырып таңып алды. Қырқ жигиттиң ишиндеги Шамай менен Дуғдар арқанның астына барған пайалар, үстиндеги қатал болар деп, арқанның астында қалды. Қоблан торы аттың үстине минип, шүў деп қамшы урды. Солқылдап аты желеди, сыйынғаны пир еди. Таңыўда жатқан Шамайдың мурнына азырақ нанның ийиси тал-тал болып келеди. Адамлар билмеспекен деп, тармақлап, тырнақлап, жабыўды жыртып шаппатай нан таўып алды.
Нешше майданлар жол жүрип, атты турғызып, қырқ жигитти азат етип, мерекеге келгендей, тойға жыйналғандай қатар отырғызды. Қуртқа қырқ күн мәўлет алып, жабыў тиккенде, ердиң тарықпас жери болмайды, нанның зыяны тиймейди деп, жабыўдың ҳәр қатына оннан, он бестен нан салып тигип еди. Жабыўды жыртып таслады, сол нанды алды, қырқ жигитке үлестирип берди. Олар да жеп тойып алды. Нанға тойып алған соң, қырқ жигит Қобланға қарап мынаны айтты:
—Салмағай басқа талаўды,
Келиссин мәрттиң талабы,
Тартылсын жердиң танабы,
Қатқан нанды, тамақ қылдық.
Баслағыл Қоблан жолларды,
Қайда, аға, Азыўлы?
Минермиз қарсы алып таўыңды,
Яд етсең қәдир аллаңды,
Қатты нанды тамақ қылдық,
Қоблан! Көрсет жаўыңды! —
Қырқ жигит ерип изине,
Қоблан баслап жөнеди.
Теңизден өтип батырлар,
Аржағына келеди,
Және жүрди он бес күн,
Ақ төбениң басына,
Ақбулақтың қасына,
Қоблан келип турады.
Бул жерге келгенде қырқ жигит Қобланға «Қоблан аға, жуўап бер бизге, биз қайтамыз изге», — дейди. Онда Қоблан: — Алдында мен өлсем, кейнимде сенлер өлсеңиз, не әрманыңыз бар, жүриң алға батырлар, — деди. Онда қырқ жигит: — Сен атлы кетсең, бизлер шөлде өлсек, бизиң өлимизди жеген ғарға елге аман бармас, ҳасла елге дарымас, жуўап бер, Қоблан, — деди. Қоблан бул сөзлерди еситип, жеккелик келип басына «атадан жаратсаң беслерди жарат, жалғызды жаратқанша, тасларды жарат», —деп ат басына күн туўып, аўызлық пенен суў ишип, ер басына күн туўып, етиги менен суў кешип, жалғыз ерге күн туўып, қырқ жигиттен айрылып, Қоблан Азыўлыға жол тартады. Қырқ жигит усы жерде қалады.
Қобланның ғарры бабасы алдынан шығып, көлде де, шөлде де ҳәзир болады—Ҳай, Қоблан, тарықпа балам, қырқ жигит кейиңнен келер, және он бескүн тамам жол жүрип, Сары таў деген жерде бир бағдың үстинен шығарсаң, қырқ жигитти бағқа киргизип жиберсең, бунда жатса он бес күн, жүр десең жүрмес, ат үстинен умтылсаң, қорыққанынан ол жүрер, он бес күн жол жүрип, Ақ төбениң тусында, Ақ булақтың басында пери салған қалаға барасаң, сол жерде бағыўлы турған қырқ ат бар, қырқ перийзат бар, оған минсе, қырқ жигит өзиңе болар қол-қанат, — деп Кәмбил пир көзден ғайып болды.
Ендиги сөзди қырқ жигиттен еситиңлер.— Қоблан болса кетип қалды, теңизден өтип кетти. — Бунда, қалсақ та өлемиз, суўға қәдем қойсақта өлемиз, суўға кетип өлгеннен Қобланның изине ерип өлгенимиз жақсы емес пе? — деп, Қобланның изинен адым урмақ пенен болды. Нешше күнлер жол жүрип, Қобланның кейнинен жетип, Қоблан менен қосылып, пирдиң айтқан бағына жетти. Он күн бағда жатты. Қоблан «жүрмейсиз бе» деди. «Маңлайы қараның баласы, аўзымыз асқа тийгенде, көрмейсең бе, кетебер» дейди. Қоблан, қырайын да, жояйын деп үстине ат қойды. Қырқ жигит жуўырып майданға шығып, бир-бирине қарап мына сөзди айтты:
Кейнинде болдық интизар,
Пияда қылды бириўбар,
Аўзымыз асқа тийгенде,
Қоймады бизди Қоблан нар,
Алладур мөҳмин панасы,
Узақдур жаўдың қаласы,
Аўзымыз асқа тийгенде,
Ҳеш жерде қоймай баратыр,
Қыдырбай шалдың баласы.
Қырқ жигит майдан жол тартты,
Айбат қатты, жан татлы,
Қырқ жигит жаяў, мәрт атлы,
Он күн тамам болғанша,
Жете билмей қырқ жигит,
Қырқ жигитти жол қақты.
Уллы таўға минеди,
Көзлер таслап қарады,
Перилердиң қаласын,
Қырқ жигит сонда көреди.
Бир бирине сөйледи,
Жүриң беглер, қырқ жигит,
Анаў бизге көринген,
Азыўлының қаласы,
Узақтан анық көринген,
Аның уллы мунарасы.
Алла деп қыйқыў салайық,
Қобланнан бурын барайық,
Барып балта салайық,
Қақпаларын қулатып,
Қаласын бузып жол етип,
Айдарлысын қул етип,
Тулымлысын тул етип,
Жаўларды анық өлтирип,
Қырқымыз атлы болайық.
Және қырқын өлтирип,
Қырқ атты қапталға алайық,
Пияда жүрген сорлымыз,
Жүрмегендей болайық.
Мийнет көрген ғәрипбиз,
Көрмегендей болайық.
Қырқ жигитлер жуўырды,
Жер танабын қуўырды,
Қалаға жақын келеди,
Адымласып жүреди,
Қалаға жақын барады,
Қырқ жигитлер — адамзат,
Бул қалада бар екен.
Қырқ сулыў қыз—перийзат,
Қырқ жигитлер келеди,
Перилерди көреди,
Перилерди көрген соң,
Еси кетип турады.
Бундай сулыўлар аспан астынан, жер үстинен шенде-шен дөремесе дөреген емес, дүньяға келген емес. Қардай ети, қандай бети, ҳәммеге жаққан қылығы менен хызмети. Қырқ пери қырқ жигитти көрип ҳәр қайсысын бир сарайға алып кетти. Сәҳәрде Кәмбил пир келип қырқ жигитке қырқ қызды неке қыйып берди. Қырқ жигит сарайда болды, Қоблан Дағыстанда жатты. Аң аўлап, кийик, қулан атты. Қоблан бир күни, Ҳаў, қырқ жигит, бағда жаттыңызлур он күн, бунда жаттыңызлар қырқ күн, жатпаңа келдиңизлер ме, жүрмейсизлер ме» — деген хабар берди. Онда қырқ жигит бедеўдиң жалын тарап, пирим деп жылап, бақтымыз қара, отырыпыз перилердиң ақ тамағының астына қарап, сен айтасаң қырқ күн өтти деп бизлер еле перилердиң исимин де сорап алғанымыз жоқ, дейди. Қоблан болар енди жүриң-деп ҳәмир етти. Қырқ жигит жүрип майданға шықты. Атымыз жоқ деп, зарлайды. Онда Қоблан оларға қарап:
Алым оқыр әжайыптың хатларын,
Қыпшақ дерлер сорасаң мениң затларым,
Қуртқа ярым сайлап маған ат берди,
Қәне, пери, сениң берген атларың?
Шашын таллап он төртинде өрилер,
Шөлге шықсам қуўат бергей еренлер,
Мениң Қуртқа адам ярым ат берди,
Сениң ярың ат бермей ме, перилер?
Әйлеп едим бул жерлерде мунажат,
Өткенлерден болғай бизлерге қуўат,
Барың беглер, қырқың талап қылыңлар,
Тулпар сайлап берсин сизге перийзат.
Бул сөзден кейин қырқ жигит Қобланға қарап мынаны айтты: Бес тиллалық бир яры бар, өлгенше аўзынан түсирмес, заңғар, бизиң перийзат ярымыздың буралып, таўланып, он еки муқам, жигирма төрт мың жилўа менен аўзын ашып тисин көрсетип бир күлген назына жетер ме деп ишке жүрис қылды. Я күн өткенин билмеймиз, я түн өткенин билмеймиз, перийзатлардың алдына барып не деймиз? — деди. Сонда Шамай айтады: — Ҳаў, қырқ жигит, бурынғыдан қалған сөз бар, «жақсыны жети жерге сатқанда да саўалы болмайды», перилердиң алдына барайық, Қоблан ағам ат берсин, деп жиберди деп сорайық. Өлсе, Қобланның сөзи өледи, ҳәрне бахтымызды сынайық, — деп перийзатлардың алдына барып, мынаны айтып турған қусайды:
— Бул жерлерде бир болмадық қор-зар,
Душпанларға болмаймыз биз гирипдар,
Қулағың сал, тыңлай бергил, дилбарым,
Қырқ жигиттиң айтатуғын арзы бар.
Ашық болып жүрмен сениң көзиңе,
Қостар болып қосылдыңыз өзиме,
Қырқ жигиттиң айтатуғын арзы сол,
Қырқ перийзат қулағың сал сөзиме,
Бедеў жалын саўаш күни тарады,
Батыр болып ҳәр бир иске жарады,
Қырқ жигиттиң айтатуғын арзы сол,
Қоблан ағам ат берсин деп сорады.
Жаў-жарағын питкерсин, деп жиберди,
Еглендирмей тез берсин, деп жиберди.
Сонда турып перилер:
— Әжеп болар, бегим, — деп,
—Қабыл болар, төрем,—деп,—
Секирип жайдан турады.
Ишкери жай ишине,
Перилер қәдем урады,
Алтын ерлер салынған,
Жуптан айыл шалынған,
Жаў ураны — бес қурал,
Бәри тайын турылған,
Қырқ бедеўди келтирди,
Қырқ жигитти миндирди,
Ийнине қамқа кийдирди,
Белине қамар буўдырды,
Ҳәм майданға шығарды,
Бир саат тамам жол жүрди,
Қырқ перийзат сулыўлар,
Мәрт Қобланды көреди.
Мәрт Қобланды көрген соң,
Кеўли толып батырға,
Қырқ жигитке сөйледи:
—Минген бедеў желмеңлер,
Жаратқан деп енреңлер,
Атадан жалғыз Қобланды,
Надан батыр билмеңлер.
Ашылған гүллер солған жоқ,
Атадан жалғыз Қобландай,
Ҳеш бир батыр болған жоқ,
Айыллы Орақ, ай Орақ,
Ол да бундай болған жоқ,
Ерлердиң басы хан Султан,
Ол да бундай болған жоқ.
Рустемнен басқасы,
Бундай қылыш алған жоқ.
Ҳәм Әлийден басқасы,
Бундай қылыш шалған жоқ.
Ҳеш мөҳминниң перзенти,
Жети журтты алған жоқ.
Және айтар арзым бар,
Бул сөзиме қулақ сал,
Ўәде бериң қырқ жигит,
Ўәделериң дилўарым.
Барлығың сүйикли ярым,
Айтың сизлер нешше айда,
Нешше жылда келерсиз?
Қырқ жигит сонда сөйледи:
— Биз жылаймыз зар-зар,
Пирим болсын мәдәткар,
Арғы шети сегиз күн,
Ортаншысы жети күн,
Перийзатлар, тыңлаңлар,
Ўәде болсын алты күн.
Сонда перилер сөйледи:
— Жақсы адам белгиси,
Әстелик пенен сөйлейди.
Кишиликти ойлайды,
Жаман адам белгиси,
Уллы сөзди сөйлейди,
Тәкаббырлық әйлейди.
Сол себепли жигитлер,
Тәкаббырлық әйлемең,
Көп кешиксең, келерсең,
Жети жыл менен жети айда,
Көрисермиз сарайда.
Қырқ жигит сонда сөйледи:
— Атыңның ол мойнына,
Тилладан тумар таға ма,
Жети жыл, жети ай болғанша,
Азыўдың аўыр шәҳәринде,
Барса келмес елинде,
Қобланың пада баға ма?
Сонда перилер сөйледи:
— Кейиниңнен болсам интизар,
Қырқыңа айтар арзым бар,
Бул сөзиме қулақ сал,
Ҳәр қайсысыңа бир күннен
Қырқ күн болсын сол ўәдем,
Қырқ күнде егер келмесеңг
Гүл жүзимди көрмесең,
Гөҳиқаптан табарсаң,
Перилерди излесең,
Қарқара барда, дәўран жоқ,
Зар жылаймыз қуда деп,
Қырқ күнимде келмесең,
Өзим түўе қырқ жигит,
Көшип кеткен журтым жоқ.
Лалы-маржан, бул маржанда сәдепти,
Душпанларға сиз бергейсиз азапты,
Көп жыласам мәрт жолыңа кес болар,
Кете бериң, бизлер бердик жуўапты.
Бул сөзлерди айтып болғаннан кейин, қырқ жигит атланып жолға раўана болды.
Перийзат ярымыздың қаласы, үлкен мүнарасы көринермекен деп қырқ жигит қыял етти. Артына айланып қарап турса, әўели қызыл-жасыллы көринген қала, соң көк мүнар болып көринди. Қырқ жигит қыял етти, бизлер киятқандағы қызыл көрингенлиги бизлердиң киятқандағы шаң-шәўкәтимиз екен. Енди көк мүнар болып турғанлығы бизлердиң ярымыз, я өли келгей, я тири келгей, деп матам тутып отырған екен, деп қырқ жигитиниң кеўли хош болып, Қобланға қарап бир сөз айтты:
— Минген бедеў дағыстансыз ел көрмес,
Өзи душпан бир қуданы бир билмес.
Кел ҳа,Қоблан, ат қосалы майданда,
Пери атына тоқал аты тең келмес.
Саўаш болса бедеў жалын өрели,
Перийзат пенен ойнап, дәўран сүрели,
Пери атына тоқал аты тең келмес,
Кел ҳа, Қоблан, ат шабысып көрели.
Сонда Қоблан сөйледи:
— Миндим бедеў ғажжа-ғаж,
Душпанға болсын бир саўаш,
Кеўлиңиз өссин майданда,
Қырқ жигитим қаша-қаш.
Күнлерим болған бир умыт,
Мәдетти бергей қүдирет,
Кеўлиңиз өссин майданда,
Қашыңлар бурын қырқ жигит.
Лалы-маржанлар сәдепти,
Хызметте баўырым кәбапты,
Ат қашырың бул жерде,
Сизлерге бердим жуўапты.
Алдыңызды алла ашсын,
Аллияр бердим жуўапты.
Таўлардың басында қары,
Мәдет бергей бириўбары,
Ат қашырың бул жерден,
Қырқта периниң яры.
Қырқ жигити Қобланның,
Аттың басын бурады,
Қайрылып қамшы урады,
Периниң берген атларын,
Қайырып жолға салады.
Бири қашса майданда,
Бири қуўып барады.
Жибер дейди торыша ат,
Жибермейди шөллерде,
Үстинде бар адамзат,
Қырқ жигиттиң кеўли өссин,
Кеўлим қайда барады деп,
Көзгенеңнен торы аттың,
Тартып басын қалады.
Гәҳи жүрис, гәҳи жорға,
Он еки муқам ойнады,
Периниң берген атлары,
Артқы аяғын тиреди.
Алғы аяғын кереди,
Қоян киби секирип,
Толықсып ойнай береди,
Табаны тасқа тақылдап,
Зәңгилери шақылдап,
Толықсып ойнап барады.
Үстиндеги қырқ жигит,
Жабрайыл деп шырқырап,
Жибер дейди торыша ат,
Жибермейди үстинде,
Қырқ жигиттиң кеўли өссин,
Кеўлиң қайда барады деп,
Жибермей басын бурады.
Гәҳи жүрис, гәҳи жорға,
Он еки муқам ойнайды,
Мәрттиң минген торы аты,
Орқояндай бүгилип,
Кер кийиктей тигилип,
Толықсып ойнап барады.
Жибер дейди торыша ат,
Жибермейди мәрт Қоблан.
Қырқ жигиттиң кеўли өссин,
Кеўлим қайда барады деп,
Көзгенеңнен торы аттың,
Жибермей басын бурады.
Гәҳи жүрис, гәҳи жорға,
Он еки муқам ойнады,
Мәрттиң минген тулпары,
Қайда қалды Қоблан деп,
Қырқ жигити Қобланның,
Арт бетине қарады.
Көре алмады Қобланды,
Қоблан қалды кейнинде,
Шыдамады ойынға,
Дөнҳа-дөнден қырқ жигит
Ат ойнатып барады.
Сыйынып мәртлер пирлерге,
Нешше майдан жол жүрип,
Қырқ жигит таяр болады,
Қалмақтың таўы—Ала таў,
Ала таўдың үстинде,
Ақ төбе ҳәм Ақ шәшме,
Деген жерлерге келеди.
Шәшмеден ат суўғарып, суўға өзлериниң ҳәм мийри қанып, Қоблан қаяққа кетти екен,—деп артына қарап турса, бир төбеге бирден таўға минген Қобланның торы аты, бир майданнан кейнинде байдақланып көринди. Қырқ жигиттиң кеўли өсти. Қобланға бир сөз айтты:
Аттың басын бул майданда бурыстың,
Өзиң жалғыз ҳаққа жетпей налысың,
Тоқал аты астында бар бәтшағар,
Ҳәлиң билмей пери аты менен жарыстың.
Әйлеп едиң бул жерлерде мунажат.
Ҳәммеден артықдур сиздеги ғайрат,
Ҳалың билмей пери аты менен жарыстың,
Бир ай шапсаң, ерисе алмас, торы ат.
Атлар шаппай бәлент таўдың даласы,
Өлсе себил зүриятсыздың қаласы,
Абрай барда айда, айда Қобланлы,
Қара Қыпшақ Қыдырбайдың баласы.
Буннан кейин Қоблан «тойдырғанның сақалына»—деген бәтшағар, деп, астындағы торы атына қарап бир сөз айтты:
Астыма минген торы атым,
Жаўларға жеткей париядым,
Ийеңе намыс келгенде,
Айлансын Қоблан сенен деп,
Сизлерге намыс келмей ме,
Ырғыҳа, ырғы, торы атым.
Тәўекел еткил, зүриятым,
Азыў тислери төрт ели
Жарларда қоян секилли,
Суўларда жылан мүшели,
Мисли Зуҳра секилли,
Мысалы алтын кекилли,
Ийеңе намыс келгенде,
Айлансын Қоблан өзиңнен,
Ырғы, ырғы, торы атым.
Тәўекел еткил, зүриятым,
Ойларға тиккен отаўдай,
Туяғың сулыў торы атым,
Қаққан қазық секилли,
Жилигиң пүтин торы атым.
Ийеңе намыс келгенде,
Айлансын Қоблан өзиңнен,
Ырғы, ырғы, торы аты.
Тәўекел әйле зүриятым,
Ол гириядан өткендей,
Мойның сулыў торы атым,
Жаз күни пискен алмадай,
Көзиң сулыў торы атым.
Тарта пишкен шанаштай,
Танаўың сулыў торы атым.
Порымы келген бесиктей,
Омыраўларың есиктей.
Ырғы-ырғы, торы атым,
Тәўекел әйле, зүриятым.
Келеплеген жипектей,
Кекилиң сулыў, торы атым.
Қызлардың өрген шашындай,
Жалың сулыў, торы атым,
Қызлар таққан шашпаўдай,
Қуйрығың сулыў, торы атым,
Ййеңе намыс келгенде,
Саған намыс келмей ме,
Ырғы-ырғы, торы атым,
Тәўекел әйле, зүриятым.
Минген бедеў кер еди,
Пирим мәдәткер еди,
Аспанға қарап еснеди,
Гүлдир-гүлдир киснеди,
Пирим деп Қоблан жылады,
Аспаннан келди бес тырна.
Тырна емес, еренлер,
Тырна болып келгенлер,
Ат танапқа қол салды,
Бурыла берип қарғыды,
Атқан оқтай қаңғыды,
Қошеметти еситип,
Ақ кийиктей секирип,
Жылдырым киби ағады,
Атлар ойнап барады,
Аңламады қырқ жигит,
Қырқ жигиттиң жанынан,
Қуўдай сыңсып өтеди,
Қанатқа пәрман қылады,
Қара жерге түскенде,
Таў кийиги қуланды,
Қулан менен жарысып,
Ақ кийик пенен шабысып,
Толықсып ойнап барады,
Қоблан ҳаққа жылады,
Азыўдын аўыр шәҳәрине,
Барса келмес елине,
Дәрўазаның аўызына,
Бир шәшмениң басына,
Қоблан таяр болады.
Буннан кейин Қоблан қырқ жигитин сынамақ ушын, атының ерин алады. Тийиндеги жыртылып қалған жабыўын атқа терлик етип салады. Қайтадан ертлеп алады. Торы атқа қарасаң, зелел еткен ҳәттершиниң байталындай болып турады. Белинде бир потасы бар еди, қайта-қайта тырыстырып белине орап буўады. Түрине қарағанда жолда турған баспақшының өзи болып тура қалады.
Ендиги сөзди қырқ жигиттен еситиңлер: Қоблан қалды кейнинде, шыдамады ойынға дөнҳа-дөн, баса бас, деп, кейнинен бир ярым күн өткенде ат ойнатып киятырған қусады. Муны Қоблан көрип жигитлерин сынап, мәртбекен, нәмәртбекен деп бир сөз айтты:
— Ашылған бағда гүлим,
Сайрар шәменде бүлбилим,
Қашқан менен бизлерден,
Қутыларың биймәлим,
Залым ляляли-лялялли
Қашқан менен бизлерден,
Қутыларың бийгүман,
Залым лялялли-лялялли,
Ашық аты лалазар,
Шәҳәриме келдиң бийхабар,
Қашқан менен бизлерден,
Қутыларың бийгүман,
Турҳа, турғыл бәтшағар,
Қашпай турғыл геллеғар,
Сол ўақлары қырқ жигит,
Арқадан шамал енди деп,
Ақыр заман болды деп,
Қоблан қайда қалды деп,
Тәжжал қайдан келди деп,
Бедеўдиң жалын тарады,
Қырқ жигит неге жарады,
Арт бетине айланып,
Ўай-ўайлап қашып барады.
Атадан жалғыз мәрт Қоблан,
Турҳа-тур деп ат салды,
Батыр минди торы атқа,
Ерлер минди ғайратқа,
Иркилмейди қырқ жигит,
Ўай-ўайлап қашып барады,
Мәрттиң кеўли қызықты,
Қызықса, иси бузықты,
Найзаны қолға алады,
Арт қуйрығын түймесин,
Ер мийнетим күймесин,
Гөшине найза тиймесин,
Қырқ жигиттиң үстинен.
Бирим-бирим мәрт Қоблан,
Найза сермеп барады.
Бир найзасы тиймейди,
Бәри бирдей қырқ жигит,
Ат астына қулады,
Қорыққанынан қырқ жигит,
Жығылып бәри қалады,
Билдирмейди жәниўар,
Ырғып кетти торы ат,
Ақсуўдың ол басына
Қуўдай сыңсып қонады
Шүкир қылып аллаға,
Сонда Қоблан турады.
Ендиги сөзди Қобланнан еситиң: Қоблан аттан түсип, аттың ерин алады, бурынғы қәддинде атын қайтадан ертлеп алып кийимлерин кийип, қәддине келип атының үстине минип, әсте жортып киятырыпты. Қырқ жигит ҳәм көзиниң астынан қарап атырыпты. Бәршемизге найза тийип жарадар болып қалғанда киятқанын көрдиң бе деп тоңқылдасып атырыпты. Қоблан нәрсе көрмегендей, ҳеш билмегендей қырқ жигитине қарап мынаны айтты:
— Мөҳминлер етеди алладан үмит,
Бизлер жүрмиз сизди батыр қостар деп,
Бәршеңиз қалыпсыз аттың астында,
Бул не зулмат, бул не қысыўмет, қырқ жигит?!
Батырлықтан барды найза дәстимде,
Биз жүремиз патшалардың қастында,
Бул не исдур яранларым қырқ жигит,
Бәршеңиз қалыпсыз аттың астында,
Саўаш болмай аттың жалын тарадым,
Батыр болып не бир күнге жарадым,
Бәршеңиз қалыпсыз аттың астында,
Қырқ жигитлер не тәжжалға ушырадық?
Сонда қырқы сөйледи:
— Атлар шаппай бәлент таўда раўана
Мәдет бергей пири Шәҳимарданы,
Жарадармыз айтатуғын арзым бар,
Әсте сөйле қара қыпшақ Қобланлы.
Душпанлардың шықсын шөллерде жаны,
Айдап биз қайтпаймыз Азыўдың малын,
Қырқ жигиттиң айтатуғын арзы сол,
Әсте сөйле Самарқанның арысланы.
Бедеў жалын саўаш күни өрип ек,
Бәримиз де Рустем киби болып ек,
Сол шәҳәрге ат ойнатып барып ек,
Барып дәрўазаға балта урып ек,
Алдымыз он, кейнимиз бес қырып ек,
Нәзер салып дөгерекке қарадық,
Батыр болып ҳәр бир күнге жарадық,
Алдымыз бес, кейнимиз бес қырғанда,
Лалаллы деп бир тәжжалға ушырадық.
Сонда Қоблан сейлейди:
—Бурынғыдан қалған сөз,
Ханнан қайтқан бийлердиң,
Бий нышаны боларлар,
Шикардан қайтқан жигиттиң,
Бес нышаны балалар
Жаўға тийген батырдың,
Жаў нышаны боларлар.
Нешше жерде жара бар,
Қырқ жигитлер сиз маған,
Жаў шетинен бер хабар.
Анда қырқ жигит сөйлейди:
— Атлар салмай өңиримнен,
Сан мың ләшкер қол келсе,
Өткермеймен теңимнен
Әсте сөйле, Қобланлы,
Баяғы қуўған бәтшығар,
Келмесин әне кейниңнен,
Барып болдық дуўшакер,
Мәдетти бергей бириўбар,
Әсте сөйле, Қобланлы,
Баяғы қуўған тәжжалды,
Келеди деген қәўпим бар,
Бедеўдиң жалын тараймыз,
Не бир күнге жараймыз,
Азап-ақырет бергенге,
Қоллар салып беденге,
Сыйпалаймыз, қараймыз,
Қарқара барда, дәўран жоқ,
Зар жылаймыз қуда деп,
Бедениме қол салып,
Қарасам жаман жеримнен,
Басқа жерде жара жоқ.
Анда Қоблан сөйледи:
— Жаўды көрген қырқ жигит,
Тәжжалды көрген қырқ жигит,
Қырқ жигитим, турыңлар,
Бәршең атқа миниңлер,
Қайда, көрген жаўыңа,
Султанлар баслап жүринлер!
Қырқ жигити турады,
Алдын баслап жүреди,
Қалаға жақын келгенде,
Анаў көрген шәҳәрим деп,
Тәжжалдан қашқан жерим деп.
Шегниңнкирей береди
Онда Қоблан сөйледи:
— Салмай басқа жарлықты,
Ким әйлер пейли тарлықты,
Қорықпай жүриң қырқ жигит,
Әўел қуда қырық жигит,
Шәҳимәрдан яр болса,
Ким қылады зорлықты,
Ҳәмирсиз тикен кирмейди,
Әжелсиз бейде өлмейди,
Тәўекел етип аллаға,
Султанлар қорықпай жүр —дейди
Қалаға жақын келеди,
Көзлер таслап қарады,
Көзлер таслап қараса,
Қалмақлардың шәҳәриниң,
Қырқ гез муның оры бар,
Қырқ гез жаңа қарғалық,
Асты бетин қаланың,
Гербиш пенен соқтырған,
Және бес мың лабыр бар.
Сыртынан полат жақтырған,
Тоқсан қабат көк темирден,
Қалмақ салған қала бар,
Дәрўазасы қоладан,
Аспан менен барабар,
Кимниң аты тулпарды,
Кимниң аты тексиз ат,
Мынаў турған қалаға,
Ат айдасып көрейик,
Бәсиң бар ма қырқ жигит?
Онда қырқы сөйлейди:
— Нәсилсиз аттың белгиси,
Сүбәси тар болар ма,
Бақайы келте болар ма,
Мойны узын болар ма,
Таўда озған пери аты,
Шөлде озған пери аты,
Қалаға жақын келгенде,
Тоқал баққан торышадан,
Кейин қалып қояр ма,
Айда-айда, Қобланлы,
Шүў-шүўлесе де жүрмейди,
Урса қамшы билмейди,
Аспанға қарап еснейди,
Гүлдир-гүлдир киснейди,
Сөйлерине тили жоқ,
Оқыранып болып еңрейди.
Мысал етип торыша ат,
Қобланға қарап не дейди,
Имла менен сөйлейди:
—«Буннан басым бурасаң,
Ашытып қамшы урасаң,
Ҳәм атамсаң, әкемсең,
Сабыр әйле, мәрт Қоблан,
Сабыр әйлесең, раҳмет бар,
Бий сабырға нәлет бар,
Айлымды шеш, қуўнайын,
Еримди алшы, аўнайын,
Жүўенимди алшы, аға жан,
Ара, жуўсан шайнайын.
Мынаў турған шәҳәрге,
Бир тәўекел етейин.
Өтсем, өтип қалғаным,
Өте алмастай күн болса,
Сизлер менен бизлерди,
Қара жер тартқай қудайым.
Ат-басына күн туўса,
Суўлығы менен суў ишер,
Ер басына күн туўса,
Етиги менен суў кешер,
Жалғыз ерге күн туўса,
Басынан кетпес дәрдесер,
Жылай-жылай үни өшер,
Жекке шыққан үйириңнен,
Басыңа күнлер туўғанда,
Қолың кетпес бүйриңнен», —
Деп ат зибаны байланды,
Айылын шешти, қуўнады,
Алды ерин, аўнады,
Жүўенин алды торыша аттың,
Арадан жуўсан шайнады,
Қайтадан ерди салады,
Жуптан айыл шалады,
Жарақларын мәрт Қоблан,
Ат үстине бәнт қылып,
Ат үстине минеди,
Шүў деп қамшы салады.
Қырқ жигити Қобланның,
Тамашаға бир қарап,
Тамаша қылып турады.
Бир мәртебеде урады,
Тәўекел етпей жәниўар,
Жаратқанға жылады,
Және мәртлер урғанда,
Расули деп турады,
Үш мәртебе урғанда,
Пирим Шәҳимардан деп,
Сонда Қоблан жылады.
Төрт мәртебе урғанда,
Имамлар деп жылады,
Бес мәртебе урғанда,
Шилтерлер деп аҳ урды.
Алты рет урғанда,
Жылқышы ата пирим, деп,
Оқыранып жылады.
Селлер болып көз жасы,
Қабыл болып тобасы,
Таяр болып келипти,
—Тарыға көрме балам,—деп
Қызыр Ильяс бабасы.
Ат танапқа қол салды,
Қырқ шилтер ғайып еренлер,
Қос қанаттан көтерип,
Зәңғиден алла салады,
Пирден мәдет болған соң,
Мәртлер минген торыша ат.
Бурыла берип қарғыды,
Қайрыла берип ырғыды,
Атқан оқтай қаңғыды,
Ат қуйрығын түйдирмей,
Мәрт еңбегин күйдирмей,
Төрт аяғын торыша ат,
Қарғалыққа тийдирмей,
Ушып барып жаныўар,
Қызыл қумның үстине,
Қуўдай сыңсып қонады,
Қырқ жигиттиң атлары,
Ҳақ деп бул да ырғыды,
Я қалаға жете алмай,
Я кейнине кете алмай,
Себил қалғыр қаланың,
Қәндегине қырқ жигит,
Бәри теңдей жығылды,
Қырқ жигити Қобланның,
Бир мәсләҳәт қылады:
— Биреў атып сала ма,
Я лабыр таслап қыра ма,
Алла деп шаўқым салайық,
Қоблан жүрсе не ерде,
Тусында жүрип қырқ жигит,
— Мынаў орды жағалап,
Биз де алла салайық,—
Деп мәсләҳәт қылады.
Замана муқам дөндирди.
Пырағы оттай сөндирди,
Мәрт келди деген хабарын,
Мынаў турған душпанлар,
Әлле қайдан алыпты.
Қалмақлар жәм болыпты,
Аппақ шатыр, ақ шатыр,
Қалмақ деген толып атыр,
Есабы жоқ қалмақлар,
Қаладан гүўлеп киятыр,
Нешше бир палўан киятыр,
Қолларында ай балтасы,
Не бир палўан жүрипти,
Мойнында темир алқасы,
Не бир палўан киятыр.
Доңыздың жақ терисинен,
Исленген бар қалқасы,
Ғашыр минген нешшеси,
Атлы душпан қырқ мыңы,
Арқадан минген қырқ мыңы,
Есабы жоқ көп душпан,
Қаладан гүўлеп келеди,
Атадан жалғыз мәрт Қоблан,
Түнде тийсем қалмаққа,
Нәмәрттиң иси болар деп,
Өзиң сақла суҳбан деп,
Пирим Шәҳимардан деп,
Бир қудаға сыйынып,
Сол шәшмениң басына,
Батыр Қоблан қонады.
Буннан кейин сол күни мийман болып, азан менен турып атын зәртең-зәбертең ертлеп алды, «көп қорқытады, терең батырады», — деген, жанынан қорқып, ийманын айтып, қазаға ыразы, бәлеге сабыр қылып Қоблан отырды.
Ашрыў дүпен атылды, ләшкерлер Қобланның үстине қарап, қаладан шығып шубырды. Ат тозаңынан шаң шыққан күни күн тутылып, қараңғы зимистан болды, Қоблан жатқан шәшмениң сыртынан қалмақлар алпыс қабат қурсап турды. Мәсләҳәт етти «Бул келген баланы услап алайық, Көбикли патшаға базарлық қылайық, таяқ урмай, жара салмай, баланы услап алайық», деп кеңести. Батыры алдында турып, нәмәрти қашпаға таяр болып, Қобланның үстине жүрис қылды. Әне көптиң айбатынан қорқып, Қоблан бир сөз айтты:
— Ат мойнына таққан тилладан тумар,
Болмағайман душпанларға қоры-зар,
Жалғыз едим, мәдет бергил, сыйындым,
Жоқтан бизди бар әйлеген бириўбар.
Бәршени халық етип жаратқан алла,
Душпанларға қыла гөрме муптала,
Жалғыз едим қуўат бергил, сыйындым,
Алланың ҳәбибий расулы алла.
Атың Қызыр Ильяс жәҳәнге белли,
Жалғыз өлсем паяны жоқ мәнзили,
Жалғыз едим, мен сыйындым сизлерге,
Мәдет бергил бизге Ибраҳим Қалийли.
Ат сүринген бәлент таўда қыя тас,
Бизге дәркар болды қайтпас қарындас,
Жалғыз едим, мәдет бергил, сыйындым.
Шөллердиң ийеси Қызыр Ильяс.
Сергиздан етпей бизлерди душпан,
Бул душпаннан қутыларым көп гүман,
Разы бол бизлер дейин жалғызға,
Жылап қалған еки бирдей ата-анам.
Қалып едиң бизге жылап интизар,
Туўысқансаң, сеннен бөтен кимим бар,
Енди қайтып көрмеклигим бийгүман,
Разы бол туўысқаным Қансулыў.
Жылап турды мөҳмин елдиң баласы,
Рәҳим етип сонда қәдир алласы,
Сонша жылап турған ўақта Қоблан ер,
Таяр болды Қызыр Ильяс бабасы.
Буннан кейин батыр ер,
Ат қуйрығын түйеди,
Бадана көзди кийеди,
Душпанлар көп, мәрт жекке,
Жекке басы тәнҳа өзи,
Бир қудаға сыйынып,
Қалмақларға тийеди,
Алдым бийик, артым жар,
Айланбаққа жерим тар,
Жығылар болсам бириўбар,
Он еки имам, төрт шәрьяр,
Халқым болғай хабардар,
Ай жағынан келеди,
Айланып шаўқым салады,
Күн жағынан келеди,
Гүңиренип алла салады,
Тақты жайға гиристи,
Алла оңғарғай бул исти,
Тар көшениң үстинде,
Тартты силтеп қылышты,
Таймай салды урысты,
Болды урыс майданда,
Мәртлер минген гүреңди,
Тайынбай салды сүренди.
Болды урыс тамаша,
Астындағы торыша,
Батыр кескен геллеге,
Ара-тура сүринди.
Болды урыс майданда.
Ат мойнына тумар тақты,
Үсти-үстине дабыл қақты.
Қанлар деген сарлап ақты,
Қайтпай батыр қылыш шапты
Душпан деген қырғын тапты.
Урыс болды песин ўақта,
Болды урыс майданда.
Сыйынған пири еди,
Күни менен урыс қылады,
Түни менен мәрт Қоблан,
Ол майданға қонады,
Әне билек, әне күш,
Әне ғайрат, әне ис,
Гәҳи қалада, гә далада,
Салды мәртлер бир урыс.
Оң қолында жарқырап,
Испиҳан семсер бир қылыш,
Қоңыраў яңлы шылдырады,
Алла деген ол даўыс,
Қоблан қашып, душпан қуўды,
Душпан қашса, Қоблан қуўды,
Душпанларға күнлер туўды,
Дүйит-дүйитлесип ат салды,
Мысал ақыр заман болды,
Қутылмағы гүман болды,
Топалаңнан жаман болды,
Болды урыс майданда.
Мен-мен деген көп болды,
Қол көтерген сап болды,
Көргенлерге қәўип болды,
Көрмегенге лап болды.
Көрген ҳайран қалады,
Ишиндеги ирисин,
Аўзы қанлы бөрисин,
Үштен биринен көбисин,
Қалмаңтың үлкен төресин,
Сары таўдың даласын,
Қызыл қанға бояды,
Болды урыс майданда,
Алла деп сүрен салады.
Орды айланып қырқ жигит,
Бул да алла салады,
Батыр кескен геллени,
Жекке-жарым душпанды,
Бул да гелле қылады.
От ғана таслап урады,
Жалғыз мәрттиң алласы,
Сан мың қолдай болады.
Ада болмас душпанлар,
Бири өлсе, мыңы бар,
Қобланды келип қоршады,
Гәҳи қашып, гә қуўып,
Белли сүргин салады,
Алдын қырдым дегенде,
Арты гүўлеп барады,
Артын қырдым дегенде,
Алды ғаўлап барады.
Биреўи өлсе душпанның,
Оны таяр болады,
Жети күнлер толғанда
Тайма-тайма ләшкер деп,
Қалмақ басқы болады.
Кейнинен ат салады,
Жеткен жерде қалмақты,
Гелле қылып барады.
Қашып сонда қалмақлар,
Патшасы жатқан қалаға,
Қыйқыў салып қамалды,
Душпанлар басқы болғанда,
Атадан жалғыз мәрт Қоблан,
Дәрўазаның алдында,
Ақ найзаға сүйенип,
Үсти-басы қан болып,
— Және бар ма қалмақ?—деп,
-Қәне келсин булар,—деп,
Дөгерекке қарады,
Жаңа қолым қызықты,
Жаңа тәним қызыпты,
Тезирек шыққыл, қалмақ! деп,
Турды Қоблан айқурып.
Батырдың ети суўыды, батырдың қайғысы көп болды, ол қайғының мәниси—баяғы ерип келген қырқ жигитте ҳеш бир дерек жоқ. Өликпе-өлик қыдырды, ҳеш бир хабар жоқ. Орды айланып та қыдырып киятыр, ҳеш бириниң нышаны жоқ, дәрўазаның аўзына келип гүңгираның үстине минип даўыслады. Қырқ жигитлер ҳәм баяғы ордан шығып, сес берди.
Анда Қоблан:—Маңлайыңыз қара, нетип жүрсизлер?—деди.
Анда қырқ жигитлер: — Есирме, қыпшақ, — деди. — Сен ат шаптың, бизлер ҳәм ат шаўып едик, сен атыңды ырғытқанда биз ҳәм ырғытып едик, сен бүйерде жүргенде, биз сениң аржағыңда жүрип едик. Периниң аты шаўқымшыл есер болады екен. Қалаға өзин атты, қанат байлады, ушты. Сениң аржағыңа түсти. Көзи қапылды. Қуда урды ма, қаланың қәндегине келип турды. Оның менен де бос жүргенимиз жоқ, кимин урып алдық, кимин шаншып алдық, кимин тартып алдық. Қаланың қәндегин биз өликке толтырдық. Мийнетти биз, рәҳәтти сен көрдиң.
Анда Қоблан айтты:—Ғамгүн болма қырқ жигит, сақлап қойған қалам бар. — деди. Қырқ жигит жатқан шүңгилге арқан салды, қуйыдан шекер тартқандайын, бары-жоғын шығарып алып атыр. Қалмақлар нәҳән мунарға шығып қарап турды.
— Қорамсақтың қырқ мыңы жер үстинен, қырқ мыңы жер астынан киятыр екен,—деп, қалмақлар гүўлеп жылап турыпты. Қырқ жигитти атларына миндирип, қылышларын қолына берип, әўели өли шаптырды. Жаны шала жансар жатқанларды шаптырды. Қырқ жигиттиң қолы қызып, «Қайда Қоблан қалаң, басла» деди. Көбикли жатқан қалаға апарып жиберди. Қоладан дүзеткен қалаға балта урды. Қопарылмай турды. Қобланның ҳәм қәҳәри келип аттан жерге түсип, дәрўазасын қопарып алып, аспанға зыңғытып жиберди. Батырға шарапат, сыпайыға сиясат, алымға ишарат, — деген қырқ жигитине қарап Қобланның қошемет айтып турғаны:
- Бағдың гүли жайнады,
Муныңдай дәўран қайдады,
Өлтирсең пайда қырқ жигит,
Өлсең шейит болады,
Ҳәр қайсыңызға айдын,
Сегиз булақ келеди.
Анда турып қырқ жигит,
Марапатқа шыдамай,
— Алла-алла, алла!—деп,—
Исми болғай алла,—деп,
Қырқ жигит сонда ат салды,
Исимди өзиң оңла деп,
Төрти тийди бир жақтан,
Беси тийди бир жақтан,
Оны тийди ҳәр жақтан,
Қайтпа батыр, қайтпа деп,
Қоблан атлы бул батыр,
Саза жиберди қубла беттен,
Тайынбайды қырқ жигит,
Белли урыс қылады,
Ханның алған азадасы,
Күн көрмеген шаҳзадасы,
Жер баспаған бегзадасы,
Тар кемедей қылтылдап,
Геўишлери сылтылдап,
Латманат деп зар жылап,
Көше менен қашып барады.
Қызыл туўын қыйратты,
Жасыл туўын жайнатты,
Ортада бедеў ойнатты,
Сан мың қулдан аўла болды,
Қырқ жигиттиң айбаты,
Тайынбай урыс қылыпты,
Мына мөҳмин зүрияты.
Бөри тийген қой киби,
Бир шетинен сулатты,
Бул не деген тәжжал деп,
Сонда қалмақ жылапты,
Қырқ жигит қыял ойлайды,
Қайда екен патшасы,
Бул қаланың олжасы,
Арт бетине қырқ жигит,
Нәзер таслап қарапты.
Керегеси гертпе алтын,
Уўығы бар сап гүмис.
Шаңырағы дәнданнан,
Ҳәр үзигин орданың,
Ақполаттан жаптырған.
Туўырлығын орданың,
Ақ темирден туттырған,
Үш тоқсан баслы боз орда,
Байдақланып көринген.
— Мында екен патшасы,
Қалмақлардың дүньясы,—деп,
Ат салады қырқ жигит,
Ат ойнатып барады.
Барып қоршап алады.
Ақ найзаның ушы менен,
Ақ үзикти көтерип,
Мынаў үйге қарады.
Үйге үңилип қараса,
Жаў-жарағы сайланған,
Табриздиң тасына,
Ала аты байланған,
Алтмыш батман амуўды,
Сексен батман шүй темир,
Тоқсан батман сом темир,
Алтмыш батман герданды,
Ол басына дастанған,
Үйдиң иши кең болған,
Кереге менен тең болған,
Көп арқардың териси,
Липасы менен тең болған.
Үлкенлигин муннан бил,
Жеңиниң ушы кең болған.
Атасы екен заңғардың,
Мурты узын Буўрахан,
Буўраханның перзенти,
Азыўлыдай енеғар,
Көбиклидей бәтшағар,
Тостағандай толы көз,
Аўдарылып қарады.
Көзин ашқан ўақытта,
Булт көшкендей болады,
Секирип жайдан турады,
Ала атына минеди,
Ийнине силкип салады,
Амуўын қолға алады,
Қырқ жигитке сөйледи:
— Ғәриплер, болдым бийқарар,
Бизлерге болдың дуўшакер,
Арт бетинде уллы шәҳәр.
Сол шәҳәрди берип ем,
Бул қаламда, қәнекей,
Неңиз бар еди, енеғар,
Тура-турың, бәтшағар,
Минген бедеў желип ем,
Арт бетимде уллы шәҳәрим.
Сол шәҳәримди берип ем,
Мийман деп сыйлап жүрип ем,
Турҳа-турғыл заңғар!—деп,
Кейнине ат салады.
Онда турып қырқ жигит,
—Арқадан самал енди,—деп,-
Ақыр заман күнди, — деп,-
Қоблан қайда қалды,—деп,-
Бизге таяр болды,—деп,
Иркилмейди қырқ жигит,
Ўай-ўайлап қашып барады.
Кейнинен дәўлер қалмады,
Анда Қоблан сөйледи:
— Ҳәмирсиз тикен кирмейди,
Әжелсиз бенде өлмейди,
Тәўекел алла етейик,
Қорықпа султан тур!—дейди.—
Алладан әйлеген үмит:
Қорықпай турың қырқ жигит!—
Тыңламады қырқ жигит,
Онда Қоблан налыды,—
Атадан жаратсаң беслерди жарат,
Ялғызды жаратпа, тасларды жарат,
Атасы алтаў туўғаның,
Аты жолда қалар ма,
Төрени қолдан берер ме,
Қырқ жигиттиң ишинде,
Емшеклесим ғамхорым,
Туўысқаным бар болса,
Бизлер киби жалғыз ер,
Ортада бозлап қалар ма,
Бурынғыдан қалған сөз,
Ийт ебейден қорқады,
Ебей ийттен қорқады,
Қалмақ үйген саркопқа,
Торы тайын тартады.
Секирип минди торы атқа,
Мәртлер миндн ғайратқа,
Көбикли менен мәрт Қоблан,
Еки бирдей сол палўан,
Азыўдың аўыр шәҳәринде,
Қарсыласып барады.
Ол ўақыттың баҳадырлары әўели жол болсын сорасып, соннан соң ғайрат қылысар еди. Жасы уллы Көбикли, Қоблан балаға қарап бир сөз айтты:
Мәрт Кобланды көреди,
Ғарқылдап кеп күледи,
Күле сөйлей береди:
— Ашылған бағдың гүлисең,
Қай шәменниң бүлбилисең,
Қайсы байдың улысаң,
Қай тәңирдиң қулысаң?
Атыңды айт та нәслиңди айт,
Кимниң улы боласаң,
Атың кимлер боларсаң?
Анда Қоблан сөйлейди:
—Ашық оты лалазар,
Алладан басқа кимим бар,
Ат сорасып биз бенен,
Жол сорасып биз бенен,
Қызлар берип, қыз алған
Қудамбедиң енеғар?!
Ашылған бағдың гүлимен,
Мен шәменниң бүлбилимен,
Нурдың қара таўында,
Қозы гүзар, қой гүзар,
Жылан өткен таўында,
Шақан улы Ақшахан,
Ақшаханның халқында,
Сақалы буўрыл болғанда;
Үни тарғыл болғанда,
Әўлийе қоймай тилеген,
Масайық қоймай түнеген,
Қорасанға қой айтып,
Әўлийеге ат айтып,
Түйедей шөккен көк тасқа,
Қуўсырыққа түнеген,
Түнегенге ҳақ берген,
Қыдырбайдай байлардың,
Бир жаратқан алладан,
Тилеп алған улыман,
Сизлер киби душпаннан,
Әжелим жетсе өлмекпен,
Дин қылышын қалмаққа,
Қалмақты динге салмаққа,
Ат ойнатып келгенмен.
Мениң атым сорасаң,
Сендей киби душпанға,
Тәжжал Қоблан боларман!
Анда турып Көбикли,
Мыйығын тартып күледи,
Қобланға тағы сөйлейди:
—Садағаң сениң кетейин,
Қалмақ қурысын, нетейин,
Ҳәўес асым, боз қозым,
Ноғайлы елдиң мийўасы,
Саў-саламат бармысаң,
Бир көрегим етейин,
Минген бедеў желип ем,
Мен барайын дегенде,
Астрахан атлы теңизден,
Мен өте алмай жүрип ем,
Әжел айдап келдиң бе,
Мийнет айдап келдиң бе?!—
Алтмыш батман амуўды,
Көтерип қолға алады,
Ийинине силкип салады.
Өлер жериң усы деп,
Тас төбеңниң тусы деп,
Көк желкеңниң үсти деп,
Ҳаўалатты амуўды,
Батыр қалқан тутады,
—Әўели қуда, Кәмбил пир,
Пирим, — деди, — жылады.
Амуў келип шық етти,
Ат басындай сом журек,
Сарайында туўлады.
Амуўды жулып қолға алды,
Тартып алып жерге урды.
Дәўге қарап умтылды:
—Атаңа нәлет, қул! — деди,
Сен де динге ен — деди, —
Таныдың ба сен — деди, —
Танытайын мен — деди.
Алаңғасар әлип дәўди,
Бөке дәўдей батырды,
Жер менен жексен еткенмен.
Мингенмен аттың белине,
Алла дейип ат шапсам,
Ким шыдайды демиме,
Тез мусырман бол! — деди, —
Ийман келтир қызыл бас,
Мен — мендурман, мендурман,
Менменликке бел қойған,
Бәлки қара ердурман,
Өзим деген адамға,
Түўесилмес кәндурман,
Достың отын сөндирмеймен,
Душпан отын жандырмайман,
Менменлик етсең, оңдырмайман,
Менменлик еткен душпанның,
Төбесине қойылған,
Тоқсан батман шүй темир,
Шойын амуў мендурман,
Танытайын мен, — деди, —
Қандарың Қоблан мен, —деди
Анда турып Көбикли,
Қандарың деген ўақытта,
Ғарқылдап тағы күледи,
Күле турып сөйледи:
—Ат сүринбес тас, — деди,—
Ағыздың көзден жас, —деди,—
Жаңағы айтқан сөзиң бар,
Жәннет деген сөзиң бар,
Атаңа нәлет қыпшақлы,
Муштайында булардың,
Айтқан сөзи салмақлы,
Алайын сениң жаныңды,
Ишейин суўдай қаныңды,
Қудапараз сен едиң,
Ким айтар екен ийманыңды:
Анда Қоблан сөйледи:
—Атаңа нәлет, қул, — деди,-
Ладан болсаң сен, — деди, —
Қас батырдың белгиси,
Келгенниң жолын сораса,
Гезек пенен алысар,
Күши жетсе, өлтирер,
Мийнет болса, көндирер,
Сендей мәртке миясар,
Келгенде таяқ урмақлық,
От басында отырып,
Урысқан ол қатынның,
Иси емес пе, геллеғар,
Ердиң исин қыл, — деди, —
Ладан болдың, сен, — деди,
Ат үстинен келеди,
Мынаў турған Көбикли,
Атадан жалғыз Қобланға,
Бүркиттей пәнже салады,
Қоблан алды жағадан,
Дәўлер тутты жағадан,
Азыўдың аўыр шәҳәринде,
Есабы жоқ көп қалмақ,
Тамашаға қарады.
Алысады ортада,
Еки бирдей сол палўан.
Ыңыранып гүрес салады,
Көбикли менен мәрт Қоблан,
Текедейин тирести,
Айғырдайын шайнасты,
Қораз киби жулысты,
Қошқар киби дүгисти,
Тынбай еки палўанлар,
Бир ярым күн алысты,
Мурады ҳасыл болмады,
Қалмақ ҳайран қалыпты.
Алла деген сестине,
Келген екен Көбикли,
Қобланлының қасына,
Ҳайран қалды қалмақлар.
Еки мәрттиң исине.
Еки бирдей қаназат,
Шыдамады, дедилер,
Көбикли менен мәрт Қоблан,
Еки дәўдиң күшинен,
Дизеден қумға киреди.
Аттан жерге түседи,
Қоблан алып жағадан,
Дәўлер алып жағадан,
Анда турып Көбикли,
Ыңыранып жанбас урады,
Қозғалмайды Қобланлы.
Қоблан жанбас салады,
Түрли ҳәмел қылмақлық,
Бурынғы бир жол болып,
Палўанлардан қалады,
Жығыса алмай турады,
Еки ярым күн болғанда,
Дәўдиң қолы қызықты,
Қызықса иси бузықты,
Нар буўрадай ыңыранып,
Жарылған муздай гүңиренип
Мойнынан ашырым алады.
Сырттан жанбас урады,
Қара талдай қайысып,
Бақайы ҳәм майысып,
Басы жерге тийгенде,
Жығылар жерин гөзледи,
Зордан өзин алады.
Атадан жалғыз Қобланды,
Баспалатып барады,
Жуп жағадан алады,
Иштен шалмақ болады,
Қара талдай қайысып,
Бақайы да майысып,
Басы жерге тийгенде,
Зордан өзин алады.
Атадан жалғыз баланы,
Баспалатып барады,
Белинен тарақ алғанда,
Дәўлер зорлық қылғанда,
Атадан жалғыз мәрт Қоблан,
Кәмбил пир деп жылады,
Бабам Қызыр Ильяс деп
Бала турды шырылдап,
Селлер болды көз жасы
Қабыл екен тобасы,
Ҳәзир болып келипти
Қызыр Ильяс бабасы.
—Тарыға көрме Султан, деп, —
Жалғыз балам Қоблан, деп, —
—Келдиң бе жаным пирим,- деп,
Сонда Қоблан жылады,
Атаңа нәлет мына дәў,
Келген пирди көреди.
Пирге қарап сөйледи!
— Бир гүл едим, ашылмадым дағы сол,
Мөҳминлерге шубҳа дейди дурыс жол,
Себеп неге мусылманға бурасаң,
Пирлер болсаң, еккимизге бирдей бол.
Кимселердиң шөлде болар паяны,
Дәрўиш болған бәне билмес дуньяны,
Себеп недур мусылманға бурасаң,
Ийман алып бермес сизге мусылман.
Қурықтан жиңишке далдай мойныма,
Ким шыдайды мендей дәўдиң ойнына,
Себеп недур мусылманға бурасаң,
Алалық әйлеме залым дийўана.
Алалық әйлесең залым дийўана,
Сендей пирдиң сәллең түсер мойныңа.
Алыстан көринген таўдың пәси емес,
Адам қарап қылған мәрттиң иси емес,
Пирлер болсаң еккимизге теңдей бол,
Ара турмақ сендей пирдиң иси емес,
Қызыр Ильяс бабасы,
Көзинен ғайып болады,
Екеўине тең турады.
Шәҳимардан бабасы,
Мөҳминликке бурады,
Еккиси шар болады,
Шәҳимардан бабасы,
Гүркиреген дәўлердиң,
Ол үстине салады.
Қолына қанжар алдырмай, -
Ҳақ деп қанжар урдырмай,
Астында жатқан Көбикли,
Атадан жалғыз Қобланның,
Белинен тарақ алады.
Аш буўрадай ыңыранып,
Дәўлер қыса қалады,
Дәўдиң қысқан билеги,
Искенжедей болады,
Баўыры оттай күйеди,
Ал мурнынан қызыл қан,
Қара жерге сийеди,
Әнардың ғана суўындай,
Қара тастың үстине,
Шырпылдап барып тийеди,
Мәрттиң минген торы аты,
Кәпир дәўдиң ала аты,
Соның менен торыша ат,
Шайнасып олар турады,
Дослығын ҳайўан биледи,
Дәўдиң минген ала атын
Шайнаўы менен өлтирди,
Жан-жағына қарады,
Көре алмады Қобланды,
-Айрылдым ба Қобланнан!—
Деп жаныўар жылады.
Ортаға өзин урады,
Көзлер таслап қарады,
Ақша жүзи албырап.
Тулымшағы салбырап,
Дәў қолында көринди,
Қоблан атлы жалғыздың,
Еки көзи жаўдырап,
Ҳаслы ҳайўан демесең,
Қасына келди зар әйлеп,
Ағасын жети айланды,
Ҳаўаға қарап еснеди,
Гүлдир гүлдир киснеди,
Оған қалмақ түспейди,
Жаздырыў ушын Қобланды,
Дым билмеген қалмақтың,
Он бармағын жаныўар,
Ғашыр-ғашыр тислейди.
Тасқа тийген темирдей,
Азыўы қайта береди.
Атаңа нәлет Көбикли,
Атадан жалғыз Қобланды,
Қатты қыса береди.
Қорасанның күши бар,
Ол полаттың ушы бар,
Жаздырғайман Қобланды,
Қос сәдделеп жаныўар,
Төбесине тебеди.
Тасқа тийген темирдей,
Дойнағы қайта береди,
Дин билмеген кәпир дәў,
Атадан жалғыз Қобланды,
Қатты қыса береди.
Жаздырмасын биледи,
Ағасын жети айланып,
Сизлер өлсең, биз ырза,
Бизлер өлсек, сен ырза,
Ырза болың, Қоблан, деп,
Қолтығына бас қойып,
Оқыранып бозлады.
Буннан кейин Қоблан тақаты болмай, торы аттың жылап жатқанына бир сөз айтты:
—Дәўдиң дәсти болды мениң паяным,
Қурбанлық әйлейин бир шийрин жаным,
Не себептен оқыранып сөйлейсең,
Тилиң болса, сөйлесеңе ҳайўаным.
Бузылмағай мениң енди муратым,
Душпаннан қайтпаған күшли ғайратым,
Не себептен оқыранып сөйлейсең,
Тилиң болса, сөйлесеңе торы атым.
Ат шомылған бул майданда қия тер,
Дәртим болды сенде жылап бес бетер,
Тилиң болса, сөйлей бергил жаныўар,
Я жабырайыл сол ҳайўанға зибан бер.
Ат салмаған бәлент таўдың гүли жоқ,
Ҳайўан аттың бул басында қайғы көп,
Жылай берди оқыранып торыша ат,
Жаныўардың сөйлерине тили жоқ.
Саўаш күни бедеў жалын тарады,
Ҳаслы ҳайўан не бир күнге жарады,
Қырқ жигиттен бир көмекши бар ма деп,
Жан-жағына нәзер таслап қарады.
Қалмақ шыққан ақ жасылдан туў алып,
Қалмақлардың үлкен туўы қозғалып,
Қырқ жигит майданға қашып жөнепти,
Төрти бир жерден, беси бир жерден ат салып.
Аға дерге жалғыз қостар жоғынан,
Жатыр Қоблан дәў қолында таўланып.
Көмекши жоғын ат билди,
Дәўлер ушын жаратқан,
Булыңғырдың таўыны,
Үммет ушын жаратқан,
Сейдимханның улы еди.
Қобланның қайын ағасы,
Қуртқаның жалғыз ағасы,
Батыр туўған Қараман.
Қарамандай арыслан,
Бүйерден оның шәҳәри,
Бир ярым айлық жол еди,
Үш күн жолға мәскан әйлеп,
Кетпеге қылды ықтыхат,
Қуртқа баққан торыша ат.
Буннан кейин, Қоблан қараса, аттың кетейин деп турғанын көрип, қырқ жигитлерге бир жуўап айтты:
— Мөҳминмен, алладан әйледим үмит.
Бендем дегей халық әйлеген қүдирет,
Қостарсыз жалғызбан, айтар арзым бар,
Арзымды есит жан жолдасым қырқ жигит,
Ол« мениң үстимде еди айбатым,
Излеп келер жоқты улым, зүриятым,
Саған айтар нәсийҳатым қырқ жигит,
Жибермегил, услаң ҳайўан торы атым.
Айралықтың жәбири жаман өтпесин,
Биздей болып ҳеш ким мийнет шекпесин,
Жибермең, услаңлар ҳайўан төресин,
Ҳайўан жылап ели-халыққа кетпесин.
Сақалы буўрыл болғанда,
Үни тарғыл болғанда,
Атам еди Қыдырбай,
Басына қайғы салмасын,
Енем еди Бозкемпир,
Ол да ўайран болмасын.
Қарындасым Қансулыў,
Баўрына отлар салмасын,
Алған ярым Қуртқа жан,
Жүзине жара салмасын,
Қара шашын жаймасын.
Душпаным көрсин, қуўансын,
Достым көрсин, жыласын,
Өлгенимди халық билсин,
Тилегиң болсын қырқ жигит,
Бөктергиге байлаңлар,
Ақ гиреўке саўытым
Ер басына бәнт қылың,
Испихан семсер қылышым,
Хош тыңлаңлар жигитлер,
Тыңламады қырқ жигит,
Бермеди саўал бир жигит,
Қырқ жигиттен мәрт Қоблан,
Қайран жоғын биледи.
Ағасын ҳаққа тапсырып,
Өз қуйрығын өзине,
Қамшы қылып торыша ат,
Кийиктей мойнын бурады,
Жанына қысым қылады.
Қараманның халқына,
Сәҳәр ўақта жөнеди,
Қанатқа пәрман қылады,
Гәҳи таўда, гә шөлде,
Торы ат ойнап барады,
Үште мезгил жүреди,
Жете алмай барады,
Жай тасындай жайнады,
Суўлығын ғарш-ғарш шайнады
Ақ кийик пенен шабысып,
Сондай жәбир қылады.
Беште мезгил толғанда,
Уллы таўға минеди,
Нәзер көзин салады,
Шапқан бедеў сүринген,
Үш жүз орда жигитлер,
Енди қатар тигилген,
Беррегиректе қос орда,
Бузылыңқы сол орда,
Байдақланып көринген,
Ҳайўан қыял ойлады,
Караўсыннан қайғым көп,
Қайғылы басым нетейин,
Кимниң үйи болса да,
Бир майдан тоқтап иркилип,
Демимимди алып кетейин,
Қарамандай арысланның,
Жолын сорап өтейин.
Шаўып барды жәниўар,
Ақ орданың алдында,
Барып ол тоқтап турады,
Босағаға бас қойып,
Оқыранып жылады.
Бул орда Қараман арысланның ордасы еди. Қараман арыслан песин оқып отыр еди.
Гүңиренген ҳаўазды еситип, майданға жуўырып шықты. Торы атты көрди. Аяғы жерге мүнасип емес екен деп астына бир өре текеймет таслады. Терт аяғын көкке доландырып ат жатты.
Нешше саат арадан өтти. Қәддине келип, Қараманның аяғына бас урып, «ағам дәў қолында қалды» деп, оқыранып, жылай береди. Ҳайўанның зибанына ким түсинсин, Қараманның шийрин жанына от түсти, Қарамандай арысланның еки жананы бар еди.
Оны шақырып алады:
— Ҳаў жанана жанана,
Қарамандай арысланның,
Қурыды ҳалы-дәрманы,
Бул кеткеннен кет,—деди.
Жолды мәскан ет,—деди,—
Қыдырды жети көрген,
Тоқсан жасына келген,
Билсе билер хан енем,
Көклен кемпир жан енем,
Хан енеме бар,—деди,—
Көклен кемпир анамды,
Жананлар, алып кел,—деди.
Ол ўақыттың келинлери атасын баба дер еди, енесин мама дер еди. Кемпирдиң жатқан үйине барып, алтын есигин түрип, гүмистен босағасына тоғыз мәртебе бас ийип, сәлем берип, кейин басып, әдеп-икрам менен турды.
Төрде жатқан анасы, Көклен кемпир мамасы, келинлерин көрип бир сөз айтты:
—Мәдетти бергейлер халық еткен аллам,
Сенлер келип қурылғанды зимистан,
Себил қалған босағамды басыпсаң,
Не арзың бар, хызметиң не, келин жан?
Шашың таллап он төртиңде өрилер,
Самарқанда бар, алыс жерден көринер,
Себил қалған босағамды басыпсаң,
Не арзың бар, хызметиң не, келинлер?
Шөлди мәкан қылып және жүргенлер,
Сөзди айтар анығынан билгенлер,
Себил қалған босағамды басыпсаң,
Не арзың бар, хызметиң не келин жан?
Оннан кейин кемпирге келини бир жуўап айтты:
—Талан болған бул дүньямда дүнья-мал,
Сергиздан етпегей бизлерди жаббар,
Мендей келин айтатуғын арзы бар,
Гүналарым кешире гөр, мама жан.
Беккем болғай енди салған қаламыз,
Қарап болмағайлар бизиң панамыз,
Қулағың сал, тыңла айтқан сөзимди,
Гүналарым кешире гөр, мама жан.
Сизлерге әйлеймен келип ықтыҳат,
Жалғызыңа бергей сизиң күш-қуўат,
Келмейик деп әйлеп едик бир қыял,
Перзентиңе бозлап келди бир торы ат.
Келген аттың тобығының меңи бар,
Келмейик деп әйлеп едик бир қыял,
Танымайды келген атты Қараман,
Адам сүтин емген мәгер жаныўар.
Келип соны көрсин, деди, жиберди,
Сизди ана келсин, деди, жиберди.
Анда кемпир не деди:
— Көре алмайман бәлент таўдың төбесин,
Мамаңның кетирди ақылы-есин,
Абырай барда бар кете бер, келинлер,
Бағып едим қайсы байдың бийесин.
Анда келини сөйледи:
— Шашың таллап он төртиңнен өрмесең,
Қуллық еттик енди ана сөйлесең,
Танымаймыз келген атт, мама жан,
Келген атты өзин барып көрмесең,
Ендигисин ана өзиң билесең.
Анда кемпир сөйледи:
— Айралықтың жәбири жаман өтти ме,
Ғаррылығың жоқ мийнетке шатты ма,
Танымайын келген атты келинлер,
Үш перзентим, шыққыр көзиң шықты ма?
Ашылмайын таза гүлиң солмасын,
Ҳәр демиңди ҳақтың өзи оңласын,
Танымайын келген атты келинлер,
Келген ол ат Қуртқам аты болмасын.
Ҳәм ҳайўаны, ҳәм зүрияты болмасын.
Үш жыл болды келинлер,
Қоблан атқа мингели,
Бир жарым жыл болыпты,
Нардай күшке толғалы,
Жалғыз балам жас жетпеген жас еди,
Жас та болса аз ғана елге бас еди,
Жас күнинде Азыўлыға буйырды,
Сорлы балам Ақшахан менен қас еди.
Бир ярым ай толыпты,
Азыўлыға келгели,
Жигирма күн болыпты,
Душпанға саўда салғалы,
Жети күнлер болыпты,
Бир бәлеге дуўшар болғалы,
Үш күн тамам болыпты,
Мәрт Қобланның өлгени,
Бир ярым күн болыпты,
Мамаңның усы көргени.
Өлген болса Қобланның,
Алсын дейди сүйегин,
Тири болса ерлерге,
Берсин дейди көмегин,
Қуртқа баққан торы аты,
Ҳәм ағамды, ҳәм дайым,
Аяғайдағы қудайым,
Көмекши тилеп келипти,
Белимде мәдет қалмады,
Диземде қуўат қалмады,
Сол ислерди көргели,
Ҳаў келинлер, келинлер,
Зәўре аңлы келинлер,
Мамаңның жаны қурбанлық,
Қолтықлап сүйеп жүриңлер.
Келинлер маманы қолтықлап көтерип, Қараман отырған боз ордаға апарды. Торыша ат қыял етти. Қараманды таслап, Қөклен кемпир мамасының дизесине басын қойды. «Ағам дәўде қалды», деп оқыранып жылай берди.
Кемпир қыял етти, төримнен гөрим жуўық болып отырғанда, гәпим жалған болмасын деп, аттың саўрысына урды, ырғып жайынан турды. Мойнындағы тумарды жулып алды. Хатын оқып қараса, онда қыпшақтың заты бар, Қоблан менен ол Қуртқаның аты бар, кемпирден кетип ықтыяр, Қараманға қарап айтқаны:
— Мен жылайман өз ҳалыма зар-зар,
Жалғызыма мәдет бергей бириўбар,
Мендей кәбаң бас панаңнан айлансын,
Абырай барда атлан тезирек, Қараман.
Минген бедеў дағыстанда желипти,
Жанған шамың самал үрип сөнипти,
Абырай барда тезирек атлан Қараман,
Иниң Қоблан Азыўлыға барыпты.
Көбиклидей дәўлерден,
Барғаннан соң өлипти,
Я болмаса, шырағым,
Дәўден қысыўмет көрипти,
Өлген болса Қобланның,
Алсын дәўден сүйегин,
Тири болса ерлерге,
Берсин дейди көмегин.
Қуртқаның баққан торы аты,
Ҳәм ағамды, ҳәм дайым,
Аяғайдағы қудайым,
Көмекши тилеп келипти.
Абырай барда жалғызым,
Атланың деп еңирепти.
Қараман сонда сөйлейди:
— Өмирим өтти бул дүньяда бийәрман,
Мәдетти берген деп жаратқан суҳбан,
Өлгенде де мен Қобланға бармайман,
Қоблан қурысын, айта көрме, ене жан.
Аспаннан танабы, жерден тиреўи,
Өлгенде ким болар елден сораўы,
Өлгенде де мен Қобланға бармайман,
Саўаш күни бедеў жалын таратпай,
Достыңды күлдирип, душпан жылатпай.
Бизлер кеттик Булынғырдың таўына,
Алып кеткен қаналасым Қуртқаны,
Биз келгенше қырқ күнлерге қаратпай.
Онда кемпир сөйледи:
— Күйеў боп келген бул елге,
Қәдесин берди жеңгеңе,
Сизлер балам болғанда,
Жан ишинде шийриним,
Жанымды алған рәўшаным,
Перзентим сеннен кембеди,
Ол келгени, шырағым,
Мәрт келгени емес пе,
Атлан, қәне, бул жерден,
Жүўермек!—деп еңиреди,—
Атланбасаң, қарағым,
Разы емеспен, шырағым,
Бул қылған сениң исине,
Тоғыз айда, тоғыз күн,
Ол көтерген күшиме.
Музлы бесик таянып,
Сәҳәр турып оянып,
Әллиўлеген сесиме,
Сестим түўе, шырағым,
Разы емеспен Қараман,
Қызыл қаннан айырып,
Сизге берген сүтиме,
Бир қуданың алдында,
Даўагериң боларман.
Ол сөз айтылып болғаннан кейин Қараман айтты «Қобланға бармас едим, сүтиңди айттың, шарам жоқ. Ана, пәтияңды бер!» —деди. Анасы пәтиясын берди. Қараман арысланның Булыт ат, Сағым ат деген еки аты, болатуғын еди. Екеўи ҳәм тулпар еди. Қанатлы қустан қалмайтуғын еди. Булыт атын минип, Сағым атын жетекке алды.
Көзгенеңнен торы аттың,
Ерге басын қаңтарып,
Ат басшы қып жиберди,
Көзгенеңнен торыша ат,
Көклен кемпир мамасын,
Айланып бираз ўақ турады.
Көклен кемпир торы атқа мынаны айтты:
— Шап, торы ат, қызыл гүлдей жайнағыл,
Тас қағып сөгилмей бедеў дойнағың,
Жалғызды хызметкер еттим өзиңе,
Бар, кете бер, ақылыңнан, шырағым.
Сизлер келип бизге болды зимистан,
Ҳәмде жылап келдиң бизге алыстан,
Жалғызды хызметкер еттим кейниңе.
Өлсем ырза болсын жалғыз Қуртқа жан.
Лалы маржан бул майданда сәдепти,
Жалғызыма берсин алла мәдетти,
Көп жыласам ат жолына кес болар,
Бар, кете бер, саған бердим жуўапты.
Мамадан жуўап алады,
Торы ат басшы болады,
Қараман ерип кейнине,
Атлар ойнап барады.
Еки мезгил толғанда,
Адасып султан кетер деп,
Қарамандай султанның,
Алдын тосып турады.
Жеткермейди Булыт атқа,
Мәрттиң минген торы аты,
Таў үстинен жүреди,
Отлайды екен торыша ат,
Таўға шыққан селеўди.
Гәҳи ушып, гәҳи қонады,
Ҳайўан қыял қылады,
Ағам барар кейнимнен,
Барып хабар алайын,
Қобланның қалған жеринен,
Биз барғанша Қобланды,
Саламат қылғай қудайым.
Қарамандай султаннан,
Алып тулпар жуўапты,
Қараманға қарамай,
Торы ат және жол тартты.
Әкем деди жылады,
Азыўдың аўыр шәҳәрине,
Атлар жақын барады.
Бул қалаға келеди,
Көзлер таслап қарады,
Мәрт Қобланды көреди,
Тирилигин биледи,
Тирилигин көрген соң,
Оқыранып турады.
Бул ат келгеннен кейин, Қоблан қараса, торы атты көрди. Бир шәҳәрге барып келгенлигин билип «Қараманның дийдарын көрсетпей, жанымды алғай, жаббар» деп, бул сөзди айтып жылай берди.
Қараманның Булыт аты, Сағым аты қалаға жақын келди. Бир майданнан Қобланның тәрепине оң келип турды.
Қобланды көрди. «Дуўры барсам, қолымды салсам, сәлемимди берсем, мениң сәлемимди алмаса, уллы деп, сәлем бермесе, өлимнен жаман дәрт болар. Батырға марапат, сыпайыға сиясат, алымға ишарат, әўел ҳармасын айтып, саўға тилеп көрейин» деп, Қобланға қарап бир сөз айтты:
— Астымда ойнар әлўаным,
Яр болғай Шәҳимарданым,
Көбикли дәўди жығыпсаң,
Ҳарма ҳарма, Қобланым.
Дәўлерди жыққан палўаным,
Басымда қайғы-қүдиретим,
Берген истанат қүдиретим,
Душпанға зорлық қылыпсаң,
Ҳәм инимсең, ҳәм перзентим,
Перзентим, ҳарма-ҳарма.
Бедеў минди уллы таўға,
Шүкир еттим геллең барға,
Душпанға зорлық қылыпсаң,
Қоблан жан, саўға-саўға.
Мәрт Қоблан онда сөйледи:
— Ҳақ жаратқандур илайым,
Ашпады алла талайым,
Қараман атлы султанға,
Көрсетпей алғай жанымды,
Халық әйлеген қудайым
Ҳақ алдына бүйерден,
Қурады екен таразы,
Қараманның дийдарын,
Көрсетпей алса жанымды,
Бендеси оған разы.
Бир әрманым дүньяда,
Азыўлыны алмадым,
Көбикли атлы дәўлерди,
Қурбанлық қылып шалмадым.
Алдым толы мал менен,
Кейним толы шаң менен,
Самарқанд атлы халқыма,
Салтанат пенен бармадым.
Сексен бир орда қурдырып,
Сексен бир жай салдырып,
Узақтағы ноғайды,
Қатағанның елинен,
Қарамандай арысланды,
Ат жиберип алдырып,
Алдында келген-ғаррыға,
Арысы бар алтыннан,
Дегершиги гүмистен,
Түңликли арба миндирип,
Кейнинде келген қосшаққа,
Астына бедеў миндирип,
Үстине қамқа кийдирип,
Той-тамаша бердирип,
Көрермен деп жүр едим,
Шерменде болған басыма,
Өликке кимлер келтирди,
Душпанлығын ат билдирди.
Қараман сонда сөйледи:
— Бизлер жылаймыз интизар
Қуртқадайын муң нашар,
Басыңнан болсын садаға,
Сенлер киби жалғыз ер,
Сексен жыллар өтсе де,
Аннан соң келмес дүньяға,
Әўел алла ҳақы ушын,
Кештим сениң гүнайың,
Расулиниң ҳақы ушын,
Кештим сениң гүнайың,
Қөклен кемпир енеңниң,
Тоғыз айлық тоғыз күн,
Ол көтерген күши ушын,
Кештим сениң гүнайын.
Ене жан десе оянған,
Әллелеген сести ушын,
Кештим сениң гүнайың.
Аялы жолда талпынып,
Ақ төсинен жай берген,
Қызыл қаннан айырып,
Бизге берген сүти ушын,
Кештим сениң гүнайың.
Бедеў минди уллы таўға,
Ким баслап келди бул жолға,
Ағаңыз келди Қараман,
Дәўдиң ҳийлесин билмеген,
Қобланым, саўға-саўға,
Султаным саўға-саўға.
Алдымда жүрсең айбатым,
Кейнимде жүрсең ғайратым.
Ҳәм инимсең ҳәм зүриятым,
Қобланым, саўға-саўға,
Мәрт саўғаны тиледи.
— Ала ғой, аға, саўға,—деп,
Қоблан батыр береди.
Аттан жерге түседи.
Полаттан еди билеги,
Бул дүньяға келгенде,
Гүрес еди тилеги,
Алшаңлайды нар киби,
Ортаға өзин урады,
Жәмленип турған көп ләшкер,
Қақ айырылып қалады,
Ортаға палўан киреди.
Алшаңлайды нар киби,
Намыс деген көп жаман,
Қақ айырып жол салып,
Қобланды бәнтте көрген соң,
Ети қызып батырдың,
Дәўге барды жақынлап,
Атадан жалғыз Қараман,
Қысып атқан бармағын,
Жаздырып дәўдиң жиберди,
Айырып алды Қобланды,
Жарадар болған султанды,
Үстинде жатқан Қөбикли,
Аўдарылып қарады.
Қараманды көреди,
Тикке жайдан турады.
Қақыр-қақыр күледи.
Күле турып бәтшағар,
Қараманға сөйледи:
— Аманбысаң, арыслан,
Жерик асым Қараман,
Гөҳиқапты бүлдирген,
Жан ағамды өлтирген,
Жетмиш қала бәнт қылған,
Қараман арыслан сенбедиң?
Жете алмай жүрген мен едим,
Әжел айдап келдиң бе?
Мийнет айдап келдиң бе?
Саў-саламат бармедиң.
Жерик асым Қараман?
Ал Қараман сөйледи :
— Атаңа нәлет, сен,—деди,—
Сен қуданы бил,—деди,—
Бул дүньяға келгели,
Тилегим мениң дәў еди:
Дәў саллағы мен, деди,—
Нешшелерин жылатқан,
Байтеректей қулатқан,
Қараман султан мен,—деди.
Таныдың ба, сен, — деди
Бул гәплерди еситип,
Бир-бирине жуўырып,
Жуп жағадан алады,
Дәўлер алды жағадан,
Қоблан алды аяқтан,
Ыңыранып гүрес салыпты,
Еки бирдей ол палўан.
Қараман сонда сөйледи,
Қобланға қарап не деди:
— Ҳәй, оңбаған Қобланлы,
Мен айтайын наслыңды,
Сизлер тыңла ҳаслыңды.
Арғы атаңыз тоқлы еди,
Аржағың нәрсе жоқ,—деди,
Атаң беклик көрмеген,
Енең бийлик сүрмеген,
Жети атадан бермаған,
Бендеге нан бермеген.
Туў түбинде жүрмеген,
Жаўды жаўлап көрмеген,
Жаў ҳийлесин билмеген,
Бендеге инам бермеген.
Хан да сөзди айтар ма,
Ҳаслың болса, буны бил,
Хан айтқаннан қайтар ма,
Аш бөриниң баласы,
Таслап кеткен өлимтиктиң,
Дойнағынан тутар ма,
Бермесең, өзиң ал,—деди,—
Берсең, кейин тур,—деди,—
Гәҳи дәўдиң айбаты,
Гәҳи мениң қуўатымнан,
Сен бий әжел өлерсең,
Қоблан жан, кейин бар,—деди,
Анда Қоблан сөйледи:
— Қәтеге кетсек, биз қайттық,
Тақсыр аға, тәўбе еттик.
Жаздырды дейди қолыны,
Көриң мәрттиң зорыны,
Анда турып Көбикли,
Ыңыранып жанбас урады,
Қозғалмайды Қараман,
Қараман жанбас урады,
Қозғалмайды Көбикли,
Бир күн гүрес салады,
Мурады ҳасыл болмады,
Еки айырылып қонады,
Ертеңине таң атты,
Әйне сәске ўақыты,
Гүреске мейил болады.
Қараман қыял ойлады,
Мәрттиң кеўли қызықты,
Бизден бурын өткенлер,
Қарсы келген душпанға,
Аянбай ғайрат еткенлер,
Зал әўлады Рустем Дастан,
Мәдетти бергей деп Султан,
Пиримиз Шәҳимардан,—деп,
Тарақ алды белинен.
От шығады тәнинен,
Зор қылып мәртлер көтерди,
Дәўдиң турған жеринен,
Бир мәртебе зор қылып,
Дизесине миндирип,
Тағы да мәрт зор қылып,
Белбеўликке миндирип,
Қол ушына көтерип,
Жаның болсын қудаға,
Келместей болсын дүнья,—деп,
Зыңғытып дәўди жиберди,
Адам улы көре алмас,
Көзиң жетпес ҳаўаға,
Көбикли сонда жылады,
Түбин кескен мүнардай,
Шүй төбеден қулады.
Шақырып алды Қобланды,
Жарадар болған султанды,
— Дәў геллеси мында,—деп,
Көрсетеди балаға,
Ҳәмме жери көк темир,
Атқан мылтық өтпейди,
Шапса, қылыш кеспейди,
Шанышса, найза өтпейди,
Шүй төбеге салады.
— Дәў ҳийлеси мында,—деп,
Жаўырында меңи бар,—деп,
Кесе аўызындай кекили,
Меңге қанжар урады.
Қарамандай батырың,
Көбикли атлы дәўлерди,
Қарқыратып шалады,
Қараман өтин алады,
Қолын салып өтлерге,
Жарадар болған Қобланның,
Жарасына жағады,
Жети күн, жети саатта,
Жара тәўир болады.
— Бағындық енди сизге,—деп,
Азыўлының елиниң,
Жарпынан көби келеди,
Астыртын хабар береди,
Көбикли патша өлген соң,
Қалаға тәжжал келген соң,
Өз бийлигин өзине,
Қараман патша берген соң,
Аламан-аламан боп олар.
Қол көтерип турады,
Ал Қараман сөйледи:
— Бүркиттиң ойыны менде бар,
Шердиң ойыны менде бар,
Тамашамды көр,—деди.
Қараман минди Булыт атқа,
Қоблан минди торы атқа.
Көбиклидей хан өлди,
Қалаға қанлар қуйылды,
Қырқ жигити Қобланның,
Бәри бирдей жыйылды,
Арқа бетки дәрўаза,
Патша турған Ерек қалаға,
Ат қойыпты бәршеси,
Дәрўазаға келеди,
Дәўлети тайған қалмақлар,
Алалық болып өзлери,
Әламан деп барлығы,
Қол көтерип турады.
Ат шаптырды далаға,
Жар урдырды қалаға,
Дәўир—кимниң дәўири,
Батыр Қоблан дәўири,
Пайтах — кимниң пайтағы,
Батыр Қоблан пайтағы.
Ерлер—кимниң ери еди,
Ер Қобланның ери еди,
Жар қышқыртып жиберди.
Буннан кейин Қоблан ақ шатыр қурып, Қараман көк шатыр қурып, сол шәҳәрде жатты.
Баяғы қырқ жигитлери Қараманның босағасына бас қойып, шатырын айланып жатпақ пенен болды. Қоблан бәнтте турған ўақытта кими көлде, кими шөлде қашып жүретуғын еди. Қараман батыр келген соң, Көбикли дәўди алған соң қырқ жигиттиң қосылмағына себеп сол болып еди.
Қараман арыслан қырқ жигитти кейнине ертип, Қобланның алдына барып мынаны айтады:
— Душпан болып халыққа тийген зыяның,
Ол дүньяда артық болды ийманың,
Қырқ жигит кейнимде, бизлер алдында,
Жол болсын сорағыл келди мийманың.
Торы ат барды ғам-гүн болып елиме,
Амуўды, герданды алып қолыма,
Хызметкер ағаңман, айтар арзым сол,
Гүнакарың ертип келдим соңыма.
Жаныңыз саў болса, дәўран сүрерсең,
Ҳәр түрли ислерди өзиң билесең,
Қырқ жигитти ертип келдим изиме,
Гүнакардың гүнайыны бересең.
Сонда Қоблан сөйледи:
— Сизлер келип еттиң кеўил хошымды,
Ағыздың нешше күн көзден жасымды,
Дәркар емес олар киби қырқ жигит,
Тилесең, берермен, аға, басымды.
Сенлер келип сапарымды оңладың,
Қызыл гүлим запырандай солмады,
Дәркар емес ондай бизге қырқ жигит,
Қостарым торы аттай қырқы болмады.
Мәлел келер кеўлиңе,
Сорап едим бермес, деп,
Атқа тақтым тумарым,
Тарқады мениң қумарым,
Ертип келдиң кейниңе,
Мен нетейин жыламай,
Қырқ жигитим жыйылып,
Жалғыз аттай болмадың.
Қостарым болған торы атты,
Алла берди муратты,
Көрген ўақта Қараман,
Сорап едиң бизлерден,
Бердим сизге саўғатты.
Буннан кейин қырқ жигиттиң гүнасын өтип, Қобланнан рухсат алып Булыт атына минип, Қараман елине қайтты.
Ҳәмирине көндирип, халыққа пәрман берип, Қөбикли патшаға дос болғанларды өлтирип, тирилей жерге көмдирип, ишинен усы журтқа биреўин аға қылып, Қоблан да өз журтына қарап: алды толы мал менен, кейни толы шаң менен, улларын бенде қылып, қызларын олжа қылып қайтты.
Нешше айлар, нешше күнлер жол жүрип, теңиздиң айланып өтетуғын жолынан өтип, Қуланның қызыл қазығы деген жерге келеди, «ат ҳарығанлығын шығарсын, ерлер демин алсын, жаўдан жары бойы шығып қутылдық» деп, сол жерде мәсқан қылды.
Ендиги сөзди Қобланның елинен еситиңлер. «Әзелги душпан ел болмас, етек кесип, жең болмас» деген, өзи шаўып алайын десе, Қобланнан қорқып, Шақанның улы Ақшахана үш ай он күнлик жолдағы Қараўсын ханның перзенти Алшағыр деген гәўирге, Қарабий деген кәрўаннан хат жиберип, шақыртып алып, Қоблан келместей жайларға бәнт болды, деп хабар салды.
Алшағыр ләшкерлерин жыйнап, үш мың қол менен келип, еки-екиден, үш-уштен бөлинип, бийғам отырған елдиң үстине жаў болып тийди, улларын бенде қылып, қызларын олжа қылып, алып кетти.
Қоблан жатқан жерлерде сәҳәр ўақтында түс көрди. Түсинде әжайып ис көрди. Ҳәр кимниң дәўлети таяр ўақтында түс көрмеклик бурынғыдан қалып еди. Жаман түс көрсең, түсиңди досыңа жорыт, душпанға түс жорытпа, дейтуғын еди. Қобланның қырқ жигитиниң Дағдар хожа деген, Шамай кәл дегени бар еди. Буларға Қоблан айтты.—Мен бир жаман түс көрдим, сизлер жорый аларсыз ба?—деди.—Әжеп болар,—деп, Дуғдар түсин жорымақ пенен болды. Қоблан тусин айтты:
— Есиктиң алды сары дала,
Ели-халқым жыйылды,
Мал ҳасылы сойылды,
Қызыл ала қан болды,
Дара табақ қойылды,
Қуўырдақлар қуўрылды,
Бул не болар, Дуғдар жан?
Жақсы болса халқыма,
Жаманлығы өзиме.
Дуғдар түсин жорыды:
—Түсинде қорыққан қуўанар,
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қобланлы.
Есиктиң алды сары дала,
Ели-халқың жыйылса,
Мал ҳасылы сойылса,
Қуўырдақлар қуўрылып,
Дара табақ қойғанды.
Сизлер елден кеткели,
Жети жыл, жети ай болғанды,
Сағынғанда ата-анаң,
Атаң еди Қыдырбай,
Он бир айлар толғанда,
Ол қурбанлық келгенде,
Басқа емес дәўлетиң,
Мал үлкени түйеди,
Түйени услап алғаны,
Еки жерден шалғаны,
Қанлар ағып турғаны,
Улама менен ғаррыңды,
Елиңнен жыйнап алғанды.
Қуўырдақты қуўырып
Дара табақ қойғанды.
Қуўырдаққа тойған соң,
— Саламат келгей Қоблан,—деп,
Пәтия дуўа қылғанды.
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қобланлы.
Қоблан тағы айтады:
—Есиктиң алды бай шынар,
Бели нағыш түби берк,
Бир шынарым бар еди,
Ол белинен бир сынып,
Жапырақлары төгилип,
Ойран болып көринди,
Ол не болар, Дуғдар жан?
Жорый гөргил түсимди.
Жақсы болса елиме,
Жаман болса жорыйгөр,
Астымда торы атыма.
Дуғдар жуўап береди:
—Бели нағыш, түби берк,
Бай шынарың бар болса,
Қублаға қарап еңкейсе,
Ол белинен бир сынып,
Жапырақлары төгилип,
Ойран болып көринсе,
Сенлер елден кеткенде,
Жети жасар қызлар бар.
Он төртине келгенди.
Он төрт жасар қызларға,
Қуртқадайын жеңгемиз,
Қыз жеңгеси болғанды,
Ол шынардың түбине,
Жыйылып халқың қонғанды,
Ашасына мәрт Қоблан,
Бир ағашын салғанды,
Аткөншөкти қурғанды,
Ушалмаған қызларға,
— Мынаў ушқыр қызлар,—деп,
Қуртқадайын жеңгемиз,
Пәтлер берип турғанды.
Ары барса, тиренип,
Бери келсе, тебиренип,
Қайысқанды көрген соң,
Сындымекен дегенсең,
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қобланлы,
Қоблан даўам етеди?
—Есиктиң алды ақ дәрья,
Жаздың сары күнинде,
Сеңлеп барып муз қатты,
Бул не болар, Дуғдар жан?
Дуғдар жуўап береди:
—Есиктиң алды ақ дәрья,
Сеңлеп барып муз қатты,
Атаң еди Қыдырбай,
Төрт мың тоқсан қойы бар,
Қырқлық қолға алмаға,
Гүзеп жүнин қырқпаға,
Айдап келип шопанлар,
Ол дәрьяға салғанды,
Сол тоғысып турғанда,
Тоғысқанда көрген соң,
Сеңледимекен дегенсең,
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қобланлы,
Қоблан тағы сөйледи:
—Әсеттиң он жетисинде,
Арқадан қар борады,
Диземе қар орнады,
Тартар адам болмады,
Бул не болар, Дуғдар жан?
Жақсылық болса, халқыма,
Жаманлық болса, өзиме..
Дуғдар жуўап береди:
—Әсеттиң он жетисинде,
Арқадан қарлар бораса,
Дизеңе қар орнаса,
Тартар бенде болмаса,
Сизлер елден кеткели,
Жети жыл жети ай болғанды,
Жеңгем иркит жыйғанды,
Жеңгемниң жыйған иркити,
Илиўине барғанды,
Жән-жақтағы қоңсысы,
Жаз жайлаўға қонғанды,
Иркитиниң жайынан,
Көше алмай журтта қалғанды,
Арқадан шамал турғанды,
Жеңгем жыйған иркитин,
Шамал қағып турғанды,
Ақ иркитти көрген соң,
Қар жаўдымекен дегенсең,
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қобланлы.
Қоблан тағы сөйледи:
—Енең еди Бозкемпир,
Нар түйениң қәтеби,
Қәтебине таңылып,
Бенде болып көринди,
Бул не болар,
Дуғдар жан?
Жорый гөр бул түсимди.
Жақсылық болса, елиме,
Жаманлығы өзиме.
Дуғдар жуўап береди:
—Енем еди Бозкемпир,
Бенде болып көринсе,
Сағынғанды сизлерди.
Жети жерде отар бар,
Отар үйге бармаға,
Енең талап қылғанды.
Жел маяны келтирип,
Гебежеге танғанды.
Ишине кемпирди салғанды,
Жығылмасын кемпир, деп,
Сыртынан арқан алғанды.
Гебежеде көрген соң,
Таңыўдамекен дегенсең,
Ели-халқың аманды,
Жылай гөрме, Қобланлы.
Қоблан тағы сөйледи:
—Қарындасым Қансулыў,
Жер астында зарлады,
Жубатар бенде болмады,
Бул не болар, Дуғдар жан?
Дуғдар жуўап береди:
—Тар қурсақта жатысып
Таласып емшек емискен,
Тай қулындай тебискен,
Адасқанда кеңескен,
Тоқалақ мүйиз ақ қозың,
Бағлан қозың Қансулыў,
Жер астында маңыраса,
Аға жан, деп жыласа.
Жубатар бенде болмаса,
Сизлер елден кеткели,
Жети жыл, жети ай болғанды,
Сағынғанда сизлерди,
Ақ ордаға келгенди,
Сәҳәрге дейин отырып,
Ғам-гүнге кеўилин толтырып,
Қызыл жүзин солдырып,
Ол түзликти бастырып,
Ҳәм есикти қаўсырып,
Мақпалдан көрпе жамылып,
Қылдай бели шешилип,
Аға жан, деп аҳ урып,
Сизди айтып жылап турғанды,
Ғәрип кеўли бузылып,
Көзден жасы төгилип,
Қара қыпшақ елатың,
Үлкен үйге баса алмай,
Қоя ғой деп айта алмай,
Ший жағалап жүргенди.
Көрпе астында көрген соң,
Жер астымекен дегенсең,
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қобланлы.
Қоблан тағы сөйледи:
—Алған ярым Қуртқа жан,
Бир кәниз бар кейнинде,
Бир орамал бар ийнинде,
Сары таў деген жерлерде,
Тезек терип сарғайып,
Алғаным деп муңайып,
Бенде болып көринди.
Бул не болар, Дуғдар жан?
Жорыйгөрши түсимди,
Жақсылығын ҳалқыма,
Жаманлығын жорыйгөр,
Қобланның жалғыз басына,
Дуғдар жуўап береди:
—Алған ярың Қуртқа жан,
Бир кәниз болса кейнинде,
Орамал болса ийнинде,
Тезек терип сарғайып,
Алғаным деп муңайып,
Бенде болып көринсе,
Атаң еди Қыдырбай,
Уллы шарўа бай еди,
Жаз жайлаўға қонғанды,
Үш жүз сыйыр туўғанды,
Есикке адам салғанды,
Қуртқадайын ол жеңгем,
Жер ошақты қазғанды,
Той қазанды асқанды,
Саўып алған сүтлерин,
Алып келип қуйғанды,
Қабын алып қолына,
Ол шаңлаққа барғанды,
Қуўраған тезекти алғанды,
Жас тезегин қойғанды,
Сизлер түсип ядына,
Шаңлақта жылап турғанды,
Сүт астына от жағып,
Атаң менен анаңа,
Тынбай хызмет қылғанды,
Ол шаңлақта көрген, соң,
Бендемисең дегенсең,
Ели-халқың аманды,
Жылай берме, Қобланлы.
Қоблан тағы сөйледи:
— Жети ийшаным бар еди,
Кәраматы олардың,
Ҳәр кимлерден ағла еди,
Мойнына буғаў салынып,
Еки қолы байланып,
Аламанға бир қарап,
Қоблан жан деп аҳ урып,
Бул да бенде көринди,
Бул не болар, Дуғдар жан?
Дуғдар жуўап береди:
— Жети ийшаның бар болса,
Кәраматлы сол болса,
Мойнына буғаў салынып,
Еки қолы байланып,
Бенде болып көринсе,
Сизлер елден кеткели,
Сағынғанды сизлерди,
Ол мешитке барғанды,
Жәмәҳатлар жәм болып,
Сары ийшан деген ийшанның,
Алдына имам болғанды.
Намазды оқып болған соң,
Қойнындағы тәсписин,
Ол қолына алғанды,
Тәспи санап турғанды,
Ол тәспини көрген соң,
Байлаўда мысал дегенсең,
Қолындағы тәсписин,
Ол мойнына салғанды,
Буғаўмекен дегенсең,
Жәмәҳатқа бир қарап,
Ҳаққыңа дуўа қылғанды,
Ол мешитте көрген соң,
Жер астыма екен дегенсең,
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қобланлы,
Қоблан тағы сөйледи:
—Қорғанша атлы қаламыз,
Жол-жол болып көринди,
Бул не болар, Дуғдар жан?
Жақсылық болса, халқыма,
Жаманлығы өзиме.
Дуғдар жуўап береди:
—Қорғанша атлы қалаңыз,
Жол-жол болып көринсе,
Сизлер елден кеткенде,
Жети жасар қызлар бар,
Он төртине барғанды,
Он төрт жасар қызларды,
Күйеўине бергенди.
Ул отаўы оң жақта,
Қыз отаўы сол жақта,
Үш жүз үйли елатың,
Тоғыз жүз үйли болғанды,
Сыймаған соң қалаға,
Ортасына жол қойып,
Бөлек қала салғанды,
Бөлингенди көрген соң,
Жаў шаўды ма екен дегенсең,
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қобланлы.
Қоблан және сөйледи:
—Қара қыпшақ елинде,
Не қошшағым бар еди,
Ат алдында айдалып,
Бийгүна қолы байланып,
Айтар сөзин айталмай,
Етер исин ете алмай,
Керилип қамшы тарта алмай,
Бенде болып көринди,
Бул не болар, Дуғдар жан?
Жорый гөр бул түсимди,
Жақсылық болса, халқыма,
Жаманлығын жорый гөр,
Астымда торы атыма.
Дуғдар жуўап береди:
—Қара қыпшақ халқында,
Белбеўинде ақ пышақ,
Атланғанда мыңға шақ,
Не қошшағың бар еди,
Ат алдында айдалып,
Бийгүна қолы байланып,
Бенде болып көринсе,
Қара қыпшақ еллериң,
Ол Самарқанд қалаға,
Базар етип барғанды,
Базарларын базарлап,
Бәҳәр ўақты болғанда,
Қайтыўға талап қылғанды,
Бәҳәрдиң болған ўақтында,
Нағыз көклем шағында,
Жарамай ат қалғанды.
Жарамаған атларын,
Ол жетелеп турғанды,
Ат кейнде болған сон,
Мәрт оңында болған соң,
Айдаўмекен дегенсең,
Жылай гөрме, Қобланлы,
Ели-журтың аманды,
Қоблан тағы сөйледи:
—Үш жүз түйем бар еди,
Жалаңаш жүклер артылып,
Арқасы жара көринди.
Бул не болар, Дуғдар жан?
Дуғдар жуўап береди:
—Үш жүз түйең бар болса,
Жалаңаш жүклер тийелип,
Арқасы жара көринсе,
Сенлер елден кеткенде,
Шығып кеткен кәрўан бар,
Быйыл қайтып келгенди,
Сарайға жүгин түсирип,
Түйени айдап жиберип,
Түйе көгин алғанды,
Жабағы жүни түскенди,
Қылшық жүни қалғанды,
Арқан батқан жерлери,
Ақтан жарғақ болғанды.
Ақ жарғақты көрген, соң,
Жаралымекен дегенсең,
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қобланлы.
Қоблан тағы сөйледи:
— Сансыз аттың үйири,
Есапсыз жылқым бар еди.
Қулыным онда киснейди,
Анасы мунда азнайды,
Қосар бенде болмады,
Бул не болар, Дуғдар жан?
Жорый гөргил түсимди,
Жақсы болса, халқыма,
Жаманлығын жорый гөр,
Қобланның жалғыз басына.
Дуғдар жуўап береди:
—Есапсыз жылқың бар болса,
Сансыз аттың үйири,
Қулының онда киснесе,
Анасы онда азнаса,
Қосар бенде болмаса,
Сизлер елден кеткенде,
Туўып қалған қулын бар,
Жетисине келгенде,
Жети жасар қысыраққа,
Айырып айғыр салғанды.
Қулыны онда бир киснеп,
Және көлдиң баўырында,
Анасы аўнап турғанды,
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қобланлы.
Қоблан тағы сөйледи:
—Алты үй толған өли мал,
Ҳинжи менен гәўҳар бар,
Патшалық хатқа салынды,
Ғәзийнеге кисен урылды,
Бул не болар, Дуғдар жан?
Жорыйгөр бул түсимди,
Жақсы болса, елиме,
Жаман болса, өзиме,
Дуғдар жуўап береди:
—Ҳинжи гәўҳар бар болса,
Патшалық хатқа салынса,
Ғәзийнеге урылса,
Сизлер елден кеткели,
Атаң Қыдырбай ғаррыға,
Ханнан дийўан келгенди,
Патшалық хатқа салғанды,
Қырықтан бирге закатын,
Ол закатлар алғанды,
Ғәзийнеге салғанды,
Ол закатты көрген соң,
Малымды бердимекен дегенсең,
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қобланлы,
Қоблан тағы сөйледи:
—Отыз бирдей ул бала,
Нәрестедей сол бала,
Геўдеси қалған бесикте,
Геллеси жатқан есикте,
Шейит болып көринди,
Бул не болар, Дуғдар жан?
Дуғдар жуўап береди:
—Қырқ шилтер, ғайып еренлер,
Ол түсиңе киргенди,
Шилтерлерди көрген соң,
Балалармекен дегенсең,
Ели-халқың аманды,
Жылай көрме, Қоблан жан,
Қоблан тағы сөйледи:
Босаға бийик боз орда,
Босағам жатыр бир жерде,
Алтыннан еткен уўығым
Шашылып атыр ҳәр жерде,
Шаңырақ жатыр бир жерде,
Бул не болар, Дуғдар жан?
Дуғдар жуўап береди:
— Босағаң жатса бир жерде,
Уўығың жатса шашылып
Отын болып ҳәр жерде,
«Әзелги душпан ел болмас
Етекти кесип жең болмас»,
Шақан улы Ақшахан,
Озалдан болған ол душпан,
Өзи алайын десе де,
Қәдиги бар, қәўпи зор,
Үш ай он күн жерлерде,
Қараўсын ханның перзенти
Алшағырдай гәўирди.
Хан шақыртып алғанды,
Қорғаншадай қалаға,
Қорғасынды қуйғанды,
Жол-жол қылып алғанды,
Улларың бенде болғанды,
Қызың олжа болғанды,
Алдыңнан шығар елиң жоқ,
Еситип келер кисиң жоқ,
Келдиң бе жалғыз балам, деп
Атаң менен анаң жоқ,
Жайыла шығар малың жоқ,
Топыраққа бир аўнап,
Аўнап жатар балаң жоқ,
Батыр болсаң, қалаң жоқ,
Алшағыр гәўир алыпты.
Буны айтты, деп сарғайма,
Туўры айтты, деп муңайма,
Халқым ойран болды деп,
Мысалыңа қарасам,
Бул түсиңди жорысам,
Атлана гөр, Қобланлы.
Буннан кейин Қоблан қырқ жигитлерине қарап бир сөз айтты:
— Жаўға кеткен балам жылап зар-зар,
Мың бәлеге халқым болған дуўшакер,
Қулағың сал, тыңлай бериң қырқ жигит,
Қостарсызбан айтатуғын арзым бар.
Жаўлар келген мениң қыпшақ елиме,
Ғазларды қондырған айдын көлиме,
Әўел бастан сизге баян әйлейин,
Ат ойнатып бардым Азыўлы шәҳәрине.
Душпанларды өз аўзыма қараттым,
Не биреўди бийгүнадан бозлаттым,
Не гүнасы бар еди Азыўлы елиниң,
Халқын шаўып, улы-қызын жылаттым,
Ат шаптырмай бәлент таўда Лалама,
Алланың ҳүкими еки бола ма,
Душпанларды дағстанда жылаттым
Кесапаты тийди ата-анама.
Ашылмайын таза гүлдей солғанды,
Не адамым бий әжелден өлгенди,
Душпанларды барып бизлер жылаттық,
Кесапаты ел-халқыма болғанды.
Мөҳмин болсаң, яратқан деп раз әйле.
Саўаш болмай бедеў атларға минбе,
Айдаўда кетип тур жетим-жесирлер,
Қырқ жигитлер, өз балаңнан кем көрме,
Қулағың сал қырқ жигитлер сөзиме,
Инанып ердиңлер мениң изиме,
Айдаўда кетип тур не бир ғәриплер,
Әўел қуда, тапсыраман өзиңе.
Рухсат бергил қырқ жигит,
Бул кеткеннен кетейин,
Жолды мәскән етейин,
Бир ярым ай жол жүрип,
Қорғаншаға жетейин,
Жайлаўымнан ел кетсе,
Рас болса көрген түс,
Ел кейнинен қуўарман,
Таба қойсам халқымды,
Алты айға тамам келермен,
Табалмасам халқымды,
Жыл-он еки ай қуўарман.
Алсам, алып келермен,
Алалмастай күн болса,
Қутқараламасам душпаннан,
Разы болың дузыңа,
Әжелим жетип өлермен.
Буннан кейин қырқ жигитинен рухсат алып, Қоблан атты жолға салды.
Нешше майдан жоллардан,
Бир ярым ай жүргенде,
Әйне сәҳәр ўақтында,
Бир жерлерге келгенде,
Жердиң жүзин думан басты,
Мәрттиң көзи қамасты,
Астындағы торы аты,
Шүў десе де жүрмейди,
Тепсинсе де жүрмейди.
—Бул жерлерге келген соң,
Қырқылды ма қанатың,
Жарылдымекен жилигиң,
Деп қолына ер Қоблан,
Қамшысын дәрҳал алады,
Бас-көз демей сабады,
Көзгенеңнен торыша ат,
Аспанға қарап еснеди,
Гүлдир гүлдир киснеди,
Ҳақтан мәдет тиледи,
Оқыранып Қобланға,
Қарап сөйлей береди:
— Ҳәм ийемсең, атамсаң,
Сабыр әйле, мәрт Қоблан,
«Сабыр түби сары алтын,
Сарғайған жетер муратқа»,
Сабыр әйле, палўан, сабыр әйле.
Мунша басым бурасаң,
Сабыр әйле, мәрт Қоблан,
Ашытып қамшы урасаң.
Атаң күйеў болған жер,
Енең келин болған жер,
Шадлық пенен қосылып,
Бес күн дәўран сүрген жер,
Шақан патша өлген жер,
Ақшахан патша болған жер,
Тажы-тахтқа минген жер,
Журтты ойран қылған жер,
Аңладың ба Қоблан ер.
Атаң Қыдырбай ғаррының,
Мал дүньясын алған жер,
Енеңиз Бозкемпирди.
Ала қапқа салған жер,
Пышық салып екеўин,
Қосып оны урған жер,
Үсти-басы қан болып,
Атаңа жылап барған жер.
Атаң еди Қыдырбай,
Бул қысыўметке шыдамай,
Малды бөлип бир айдап,
Әўлийени қыдырды,
Ол атадан болған жер,
Ол енеден туўған жер.
Қуўсырықтың басында,
Тилеги қабыл болған жер,
Бес жасыңа келгенде,
Пайғамбар сүннет еттирип,
Уллы тойды берген жер.
Он бир жасқа келгенде,
Сарыала атқа минген жер,
Балам атқа минди деп,
Той-тамаша берген жер.
Алты ай тамам жол жүрип.
Қырқ күншилик жол жүрип,
Қатағанға барған жер.
Сейдимханның қызына,
Аршаға оғын атқан жер.
Дады ҳаққа жеткен жер,
Аңладың ба, Қоблан ер?
Арша ағашты қулатып,
Сексен палўан жылатып,
Қуртқадайын сулыўды,
Ақ күймеге миндирип,
Елге алып келген жер.
Аңладың ба, Қоблан ер?
Енди болдың қара жер,
Көк орайлы көк шимген,
Соған жетип келгенде,
Мениң анам кер бийени,
Көримликке алған жер,
Билемисең Қоблан ер?
Кер бийедей бийеден,
Биздей қулын туўған жер,
Үш жасыма келгенде,
Хан тойына сен бардың
Қырқ күнлик жерден Ақшахан,
Ат жиберди наймыт хан,
Ат байрақтан мен келдим,
Сонда турып па едим.
Бөке дәўдей палўанның,
Басын қағып алған жер,
Аңладың ба Қоблан ер?
Азыўдың аўыр шәҳәрине,
Ат ойнатып сен келдиң,
Көбикли дәўдиң жолында,
Нешше күн жаттың, телмирдиң,
Үш ай он күн жерлерден,
Қараманды келтирдим,
Сонда турып па едим,
Аңладың ба, Қоблан ер?
Енди болдың қара жер,
Қуртқа сулыў келген жер
Қуртқа менен қосылып,
Бес күн дәўран сүрген жер,
Алшағыр гәўир келген жер,
Боз орданы бузған жер,
Үйди ойран қылған жер,
Қулағыма үрген жер,
Аўзыбасым сыйпалап,
Қуртқа сулыў баққан жер,
Бермесе де ақ сүтин,
Мийрим сүтин берген жер,
Перзентиндей көрген жер,
Арқаңа шаллар батар деп,
Атластан жабыў жапқан жер
Басыңа қайыс батар деп,
Гүдары ноқта таққан жер,
Гүдарының ушына,
Жипектен шылбыр таққан жер
Көкиреги өскин болсын деп,
Алтын қазық қаққан жер,
Аўызы ҳасылға тийсин деп,
Алтыннан ақыр соққан жер.
Аңладың ба, Қоблан ер?
Ат қалаға келеди,
Оқыранып еңиреди.
Аттың келип турғаны,
Алтыннан еткен қазықты,
Дин билмеген гәўирлер,
Суўырып алған орны еди.
Соны билип торыша ат,
Сәҳәр ўақта турады.
Бул жуўаптың кейнинен,
Ағарып ол таң атты.
Қып-қызыл боп күн шықты,
Ели түўе, халқы жоқ,
Көшип кеткен орны жоқ,
Қул Қобланда қайғы көп,
Қара көл деген көл еди.
Малыма жайлы жер еди,
Отырғанды халқым, деп,
Ат ойнатып келип еди.
Мунда халқын көрмеди,
Жоқлап Қоблан еңиреди,
—Қара көл деген көл едиң,
Малыма жайлы жер едиң,
Батпағына бир аўнап,
Жылап жүрген бала едим,
Жел қайық минип астыма,
Туйғын алып қолыма,
Аў-аўлап шықсам үстине
Алдырмаўшы еди үйрегиң,
Арқадан самал турғанда,
Тартыўшы еди қурдымың,
Үйдей болып екпинлеп.
Келер еди толқының,
Алдырмаўшы едиң аўыңды.
Басыңа күнлер туўған соң,
Үстиңе душпан келген соң.
Жоллар берип қалыпсаң.
Мен не болдым сеннен соң,
Сен не болдың меннен соң,
Ақ тикенли ақ шеңгел,
Қойыма жайлы жер еди,
Сен қойыңнан айрылып,
Сен де мендей болыпсаң,
Сен не болдың елден соң,
Мен не болдым сеннен соң.
Болар жериң солмеди,
Нардай гүркиреп турған соң
Ели-халқын ол жоқлап,
Қалаға келди ат салып,
Қара қыпшақ халқында,
Не қошшағың бар еди,
Үстиңе душпан келгенде,
Мерекеде турғанда,
Сайрай берип сөйлесең,
Сөзиң меннен ҳәўледи.
Сен де мендей болыпсаң.
Сен елиңнен айрылып,
Қаңғырып шөлде қалыпсаң,
Сен не болдың меннен соң,
Мен не болдым сеннен соң,
Гүркиреп турған ерден соң,
Халқын айтып жылады,
Әйне қуптан болады,
Дөгерекке қарады,
Дөгерекке қараса,
Төрт көлдиң арғы жағында,
Тоғыз жолдың дәрбентинде,
Жылтылдай берип от шықты,
Халқым мында екен деп.
Қоблан батыр ат шапты,
Ат шаўып барса қасына,
Он бир кемпир, он бес шал.
Көшке ерип жүре алмай,
Айдаўға залым болмаған,
Қара көлдиң жағасында,
Ийнеден қармақлар салып,
Отырған кемпир шалларды,
Келип көзи көреди.
Буннан кейин, ким тенлестен айрылған, ким қурдастан айрылған, «теңлесим, қурдасым» деп жылаған ғаррылардың үстине барып, Ақшаханнан келген жасаўыл атлы болып, ғаррыларға Қоблан бир сөз айтты:
—Бизлер болдық бул жерлерде бийқарар,
Қара көл бойында болып интизар.
Қалыпсыз еллерден мында отырып,
Заманыңыз қандай болды ғаррылар.
Лашын болып қанатыңнан қайрылып,
Жүйрик едиң дойнағыңнан майрылып,
Заманыңыз қандай болды қәриялар,
Сиз қалыпсыз бүлген елден айрылып.
Мен келемен астымда атым ойнатып,
Тәнде жаным және тәним қыйнатып,
Не себептен мәрт Қоблан деп сөйлейсең,
Апарайын Ақшаханға жылатып.
Батырлығым бул жерлерде билдирип,
Бәршеңизди үш ағашқа илдирип,
Не себептен мәрт Қоблан деп жылайсаң,
Өлтирейин қара баўырың тилдирип.
Анда ғаррылар сөйледи:
—Айланайын, хан аға,
Сөйлетип өлтир, жан аға,
Мен Қобланды нетейин,
Боз қозым, деп жылайман,
Ким айрылған қатардан,
Қаңғырғанға жылайман,
Ким айрылған қосластан,
Қыя шөлде жылаған,
Қуў басым, деп жылайман.
Мен Қобланды нетейин,
Бүлген ел, деп жылайман,
Бүлген елдиң ишинде,
Отырар еди Қыдырбай,
Бизлер барсақ, ағам, деп,
Мына елди жағалай,
—Бармысан, аға, дегенде,
Сес бериўши еди гүңиренип,
Қытай қыпшақты аралай,
Бозкемпирдей жан жеңгем,
Шығыўшы еди таўланып,
Қатарымнан айрылып,
Қаңғырғаныма жылайман,
Аққан дәрьям сағасы,
Енди батыл ол болды,
Ултанлары шаңғытты,
Қараплыққа жылайман.
Қоблан болса бул жерде,
Бундай ислер болар ма,
Боз отаўдың тулғасы,
Ол қыйсаймай турғанда,
Үйге зыян келер ме,
Мийўалаған дарақтың,
Ол мийўасы болғанда,
Ағаң қуўарып турар ма.
Мынаў елдиң ағасы,
Ақ киши тонның жағасы.
Бүлген елдиң ийеси,
Жаным болсын жолыңда қурбан.
Ғарры ағамның баласы.
Жаным қурбан жолында,
Мәрт Қоблан, деп жылайман,
Бул гәплерди еситип.
Астындағы торы аты,
Гүркиреп киснеп сес берди,
Гүркиреген сеслери.
Ғаррыларға барады.
Аттың даўысын таныйды,
Кемпир менен ол ғарры,
Мен бараман Қобланға,
Мен бараман Қобланға деп,
Бәри теңинен жуўырды.
Жекеннен ислеген қосы,
Жапырылып жығылды.
Бузып шықты далаға,
Көзи түсти ғаррылардың,
Қоблан атлы балаға.
Шүкир етип жылапты,
Яратқан қәдир аллаға,
Көзгенеңнен торы аттың,
Әне мойнын қушақлап,
Көзиниң жасы моншақлап,
Аққан суўым сағасы,
Сағам аман бармедиң?
Мәўжиреген дарақ мийўасы,
Мийўам аман бар ма едиң?
Қуўраған таўдың гиясы,
Гиям аман бармедиң?
Бүлген елдиң ағасы,
Шырағым аман бармедиң?
Қараңғы жердиң жақтысы,
Гәўҳарым аман бармедиң?
Қоблан сонда сөйледи:
—Жылай гөрмең ғаррылар,
Бозлай гөрмең, сорлылар,
Еллер қайда, журт қайда,
Журтты кимлер алғанды?
Халықтың мынаў бүлгенине,
Кимлер себеп болғанды?
Қара қыпшақ еллерден,
Ким өлип, ким өлмей қалды?
Анда ғаррылар сөйледи:
—Отыр еди бий қайғы,
Жума күни песинде,
Зеңбириктен оқ атты,
«Әзелги душпан ел болмас,
Етекти кессе жең болмас»,
Шақанның улы Ақшахан,
Өзи алайын десе де,
Қәдиги бар, қәўпи зор,
Келеди деп сенлерди,
Үш ай он күн жолларда,
Қараўсын ханның зүрияты,
Алшағырдай гәўирди.
Хан шақырып алғанды,
Мынаў халықтың бүлгинине,
Ақшахан себеп болғанды.
Қоблан өлди деген соң.
Алшағырдай ол наймыт,
Үш мың ләшкер қол алып,
Ел шетине келгенди.
Улыңды бенде қылғанды,
Қызыңды олжа қылғанды,
Жасы жеткен ғаррылар,
Аппақ шашлы мамалар,
Нәрестелер, балалар,
Ат астында, шырағым,
Тозаң болып қалғанды.
Жайылып атқан елиңе,
Бийқайғы жатқан халқыңа,
Олар келип оқ атты.
Оқ атқанда көп атты.
Шарўа жатқан еллерди,
Қойлар киби маңыратты,
Халқың жылап кеткен соң,
Арадан үш күн өткен соң,
Бул қорғанды қамады.
Қаладағы адамның,
Улы-қызын шуўлатып,
Муны алып бир кетти,
Елиң кетти деген соң,
Найзасы түсти қолынан,
Ойран болған халқым, деп,
Жылаған екен балам, деп,
Ол төгилген ҳақ қаның,
Мойныма мениң қалған деп,
Зордан қалды мәрт Қоблан,
Торыша аттың бул жерде,
Мойныны ол қушақлап.
Булар өтип келген соң,
Анаңыз бенен атаңыз,
Нар түйениң қәтеби,
Қәтебине бир таңып,
Муны ҳәм алып бир кетти.
Атаң кетти деген соң,
Қанлар ақты көзинен,
Ата-атаң кетип болған соң,
Қарындасың Қансулыў,
Жасаўыллар кейнинде,
Өкшесин атқа бастырып,
Душшы етине қамшы урып,
Қоблан жан, деп аҳ урып,
Бул да өтти усы жерден.
Сиңлиң кетти деген соң,
Сөзден қалды мәрт Қоблан,
Ақ найзаға сүйенип,
Бәри де өтип болған соң,
Бес күн және өткен соң,
Қуртқадайын келинди,
Еки бирдей жасаўыл,
Буны ҳәм айдап бир келди.
Қара шашын жайыпты,
Жүзине тырнақ салыпты,
Сыңсып жылап бир келди.
Келермекен Қоблан деп,
Көрсетермекен Суҳбан, деп,
Ғапылдан келди душпан деп,
Айтым айтып жылады,
Қытайқыпшақ елинде,
Жыламай адам қалмады,
Айлана берип көз салды,
Көзи түсти бизлерге,
Қайнаға деп сөз салды:
— Ҳаў, қайнаға-қайнаға,
Бизлер кетип барамыз,
Ат алдында айдалып,
Сизлер қалып барасыз,
Қобланлыдай батырдың,
Айтқан күни сол еди,
Келетуғын ўақытта,
Жақын күнлер бар еди,
Келе ғойса Қобланым,
Айта гөриң деп еди,
Асықпасын батырым,
Бүлип кеткен елимди,
Астында торы аттың,
Алты ай күни бар еди,
Батырлығы тутпасын,
Астында торы атын,
Алты ай бақсын деп еди,
Бул кеткеннен кетермиз,
Жолды мәскан етермиз,
Үш ай он күн жол жүрип,
Алшағырға жетермиз.
Қурған тилим қурмаса,
Әжелим жетип өлмесем,
Бүлип бул барған елимде,
Алты жыл жайлаў қыларман,
Ең бермесе халқымды,
Алты ай тилеп аларман,
Айта гөриң деп еди,
Нашарлық болды жазығым,
Қаланың күн батысында,
Жерден ақым қаздырып,
Алты айлық аттың от шөбин,
Мәрттиң жейтуғын азығын,
Қойып кеттим деп еди.
Жылап кетти балам, деп,
Қайғырмасын деп еди,
Астындағы торы атын,
Алты ай бақсын деп еди,
Садағасы кетейин,
Қайнаға деген тилинен
Жаўдыраған көзинен,
Сергиздан болып кетермен,
Келин жанның изинен,
Қайнаға деп бир кетти,
Айталмай кетти келин жан.
Ендиги гәптиң изини.
Буннан кейин, ғаррыларды изине ертип, Қорғанша қаласына барып, қалған қутқанларын жыйнап, бузылған қалаларын, бүлген еллерин көрип, баўыры оттай жанып, баяғы жер төлени таўып алды. Атластан жабыўын, гүдары айылын салып, торы атын бағып, жата берди.
Арадан қырқ күн өткенде Қоблан қыял етти. «Ели-халқым бүлип кеткенде, душпан алып кеткенде меники не жатыс, не мәслик» деп, торы атқа ер салды. Зартең-заберден ертлеп алып, ат үстине минип, намазлыгер ўақытта арқа дәрўазаға келди. Бул дәрўазада баяғы түсинде көрген қуў гелле—«Ҳа, Қоблан, жолың болсын Султан»,—деп алдынан өте берди.
Қоблан да «атар таңға жүрсең де батар күнге жүрме»,—деген, менменлик бизге келмесин, деп жатқан жерине қайтып бир ақшам мийман болды. Ертеңине баяғы геллени көрген жерге келди.
Он беси жолдың оңында.
Он беси жолдың солында,
Қуў геллелер сөз айтты,
Батыр туўған Қобланға,
Отыз бирдей қуў гелле.
Геўдеси жоқ сол гелле,
Мәрт Қобланға сөйледи,
Зибан берип бир алла:
—Қоблан атлы баламыз,
Бизлер сизиң бабаңыз,
Бунша қысыўмет биз көрдик,
Көп шығар бизиң гүнамыз,
Өли емеспиз, тиримиз.
Тири де болсақ, өлимиз,
Шилтенлердиң биримиз,
Ат тозаңның астында,
Геллем қалған есикте,
Атам мийри қанбаған.
Ене сүтке тоймаған,
Сергиздан болып бул жерде,
Шейит болған баламыз,
Сөзимди есит ағамыз.
Әўел қуда себепли,
Қалды сенлер себепли,
Өлип қалған баламыз.
Ҳақ еркеси боламыз,
Таңла маҳшәр күнинде,
Излеспесең қанымды,
Қалмақтан алмасаң арымды,
Даўагериң болармыз.
Ашылмай гүл солғанды,
Қорғаншадай қалаға,
Душпанлар ол келгенде,
Мынаў халықтың бүлмегине,
Ақшахан себеп болғанды.
Бул кеткеннен кеткенде,
Жолды мәскан еткенде.
Үш ай он күн жол жүрип;
Алшағырдың ақ таўы,
Ақ таўға жақын барғанда,
Тоғыз жолдың дәрбенти,
Дәрбент жолға барғанда.
Хан кәрўаны Қарабий,
Кәрўанларының баслығы,
Отыз нөкер қасында,
Үш жүз түйе бағылған,
Сол дәрбентке барып кет,
Мениң қанымды алып кет,
Оннан арман өткенде,
Алшағырдың қаласы,
Қалаға саўда салғанда,
Он бир улын өлтиргенде,
Тахты алдына шығарып,
Қарқыратып шалғанда,
Өлген балалар қаны деп,
Айта ғойсаң бизлерди,
Ишалла мәдет беремиз.
Жылаўыңда жүрермиз.
Алшағыр жатқан ақ сарай,
Ақ сарайға келгенде,
Терисин сойып алғайсаң,
Шейит өлген балалар қаны, деп,
Урсаң Қоблан қанжарды.
Ишалла мәдет берермиз,
Жылаўыңда жүрермиз.
Бизди ядқа алмасаң,
Гәпке қулақ салмасаң,
Таңла маҳшәр күнинде,
Бир қуданың алдында,
Еки қолым жағаңда,
Биз болармыз даўагер.
Айтып болды сөзини,
Тыңлап турды мәрт Қоблан,
Әйне песин ўақтында,
Отыз бирдей қуў гелле.
Ғайып болды көзинен.
Буннан кейин Қоблан қуў геллелердиң әтирапына ғаррыларды жәм қылып, қорғанша дүзеттирип белги етти.
Таң сәҳәрден Қобланлы,
Минди аттың белине,
Мәрт атына мингенде,
Үш ай он күн жолы бар,
Себил болып қыпшақлар,
Бүлип кеткен елине,
—Сен үйириңнен айрылдың,
Менде елимнен айрылған,
Шүў, жаныўар, шүў,—деди,—
Бүлип кеткен елимди,
Табар күнлер бар ма екен?
Душпанлардың қолынан,
Айырар күнлер барма екен?
Жетим менен жесирди,
Ғәрип пенен қәсерди,
Бул душпанның қысымынан,
Қутқарар күнлер бармекен?
Атқа қамшы урады,
Бүлген елдиң кейнинен,
Ат ойнатып барады,
Орлы қумнан өрмелеп,
Атлар ойнап барады.
Еспе қумнан еспелеп,
Ат есирип жөнеди,
Ҳақ бир ерге панады,
Пирим Шаҳимардан деп.
Батыр сонда жылады.
Жете билмей шөллерде,
Белли жүрис қылады.
Терең жылға, терең сай,
Күйгелекли көп тоғай,
Буннан өтип барады.
Түлки жүрмес түнейден,
Түнде кетип барады.
Қарсақ жүрмес қалыңнан,
Қапсыра кетип барады.
Жеткен жерге қонады,
Гәҳи жерде түсленип,
Гәҳи көлде, гә шөлде,
Гәҳи тоғайдың ишинде,
Жете алмай сегбир қылады.
Бир ай мәҳәли толғанда.
Бир ярым ай болғанда,
Ғам-гүнге кеўлин толтырды,
Қызыл жүзин солдырды.
Астындағы торы аты,
Жорталмайды, болдырды,
Алып жүргеи орақ жоқ.
Жаўдан бөтен талап жоқ,
Қылыштан бөтен жарақ жоқ.
Бүлген елге жете алмай,
Я кейин қайтып кете алмай,
Жары жолға барғанда,
Ат болдырған секилли,
Қоблан атын бағып,
бул жерде иркиледи.
Ендиги сөзди бүлген елден еситиң. Бүлген елге жақсы жер бар ма, журым журқа таўып алса, бүлген елдиң белли кийими еди, сүйек-саяқ таўып алса, белли тамақ қылатуғын еди.
Бир қойдың қуў жаўырынын таўып алды. Шеп жағы душпандики, оң жағы өзимиздики, деп, қуў жаўырынға Қуртқа көз салды. Қараса, кеселеп айрылып бир жол келип, қазаншыққа кеселеп турды. Буны мысал менен Қуртқа—Қобланды елге келген қылып, ғаррыларды көрген қылып, Қобланның атын қырқ күн баққан қылып, атының жары жолына келгенде жарамай қалғанына қапаланып, отырғанын көрген болды.
Атасы Қыдырбай, енеси Бозкемпир Қуртқаға бир сөз айтты:
—Басларыма ақыр заман қурылған,
Бармекен дүньяда бизлердей болған,
Әўел еңиреп, соңынан неге күлесең,
Бизге баян әйле айтып, Қуртқа жан.
Бундай күнде бизге жақын болғанды.
Қыпшақтың елинен дәўран тайғанды,
Әўел еңиреп, соңынан неге күлесең,
Күлгениңниң мәнисин айт Қуртқа жан?
Дәўлет тайып, мениң гүлим солғанды,
Я болмаса қозым өлип қалғанды,
Айтқыл маған бул исиңниң мәнисин,
Бул исиңе нелер себеп болғанды.
Қар жаўар жаўындур еллердиң ғайы,
Алла болғай жалғызымның панайы,
Әўел еңиреп, соңынан неге күлесең,
Күлгениңниң мәнисин айт Қуртқа жан?
Кешеги кеткен шырағымның жубайы,
Жанған отым усы бүгин сөнди ме,
Жалғыз балам ел шетине келди ме,
Айтқыл күлгениңниң мәнисин, Қуртқа жан.
Я болмаса жалғыз Қоблан өлди ме?
Анда Қуртқа сөйледи:
—Жол-жол болып қалды бизиң қаламыз.
Алла болғай биз ғәриптиң панамыз,
Қуў жаўырынға қуўанбаңыз ғаррылар.
Жылай гөрме еки ата анамыз.
Қуў жаўырынға қуўанба,
Қуў сүйеги қурысын,
Қуў сүйекке қарасан,
Ҳәр бир түрли мәниси бар.
Мингенде бедеў желипти,
Бизлер елден кеткен соң,
Азырақ күн өткен соң,
Ақылы жоқ перзентиң,
Ел шетине келипти,
Айтып едим ғаррыға,
Алты ай атты бақсын деп,
Мысалға алып гәп айтсам,
Қырқ күн атын баққандай.
Қырқ бес күн атын шапқандай,
Кеселеп турған жолы бар,
Аты қалып болдырып.
Жары жолда жатқандай,
Жаманлық емес аманлық,
Бир ярым ай болғанда,
Келмеспекен Қобланлы,
Ойлайман кейни қайыр деп.
Ашылмайын таза гүллер солар ма,
Әжел жетпей гүмра бенде өлер ме,
Оныңдай ақылсыз надан перзентиң,
Өйбий, ата, сиз енеден туўар ма?
Еки айдур балаң келгени,
Балаңыздан болғанды,
Мынаў елдиң бүлгени,
Қуў жаўырынға қарама,
Қуўанагөрме ата-ене,
Әўели еңиреп бул нашар.
Соңыра неге күлгени,
Сол еди, ене, көргени.
Буннан кейин, Қуртқа сулыў бүлген елди баслап, Алшағырдың қаласына барды.
Бүлген елге жақсы жер болсын ба, жаўдың келер бетинен, гөне қаланың шетинен Қыпшақларға жай берди. Бүлген елде ыхтыяр бола ма, душпанлар астында тәўиррек ат көринсе, үстинде жақсырақ кийим көринсе, ҳәмде жақсы қыз-келиншеклерине көз салып, ериксиз тартып алады.
Қобланның қарындасы Қансулыўды Алшағыр гәўирдиң он бир баласы шылым салмақлыққа хызметкерликке алды.
Қобланның досты Полат деген бар еди, бул Полат та Қобланның елинен қалып не боламан деп, Алшағыр гәўирге келген еди.
Бүлген ел халық Қуртқаға жылап келди.—«Жолбарыстың еркеги де мал соғады, урғашысы да мал соғады»,—деген, еримизден қалған еримиз едиң, алдымыздағы басшымыз едиң, бизлердиң илажымызды қылсаң. қалай болар екен?—дейди, Қуртқа Алшағыр ханға барайын десе, ата-енеси жибермейтуғын еди. Енди ата-енесиниң қолын бағып таслап, «халық ушын өлсем не айыбы бар» деп, басын қанжығаға байлап, Алшағыр гәўирге сапар тартты.
Патшаның қапысына жақынлаған жерде есиктеги жәлладлар Қуртқаның жеңин жыртығырақ, жағасын кирирек көрип, патшамыздың райын қайтарарсаң, заңғар,—деп қуўып салды.
Қуртқа жылап баратқанында алдынан бир кемпир шықты:
— Ҳәй, келин, неге жылап баратырсаң?—деди. Анда Қуртқа айтты:
— Алшағыр гәўирге барайын деп едим, барып арза қылайын деп едим, есигиндеги жәлладлар киргизбей қуўып салды. Сол себепли кемлик келип, жылап баратырман,—деди.
— Ҳәй, балам, күн батыс тәрепинде қырқ тисли бир зәңги барды, сол зәңгиден минсең, мен датқашыман десең, сонда ғана көрерсең,—деди.—Қатарыңда нарың болмаса, жетегиңде атың болмаса, кисеңде пулың болмаса, есиктен туппатуўра ҳасла кирмеклик жоқ,—деди.
Бул сөз мақул түсип, қырқ тисли зәңгиниң үстине минип, басын суғып қараса, Алшағыр гәўирди көрди— Датқашыман, тақсыр,—деп Қуртқа бир сөз айтты:
—Аў, Алшағыр, Алшағыр,
Биз мусылман, сен кәпир,
Датқашыман мен, деди.
Арыз айталмай бараман,
Арзымды есит, сен, деди.
Киргизбейди үстиңе,
Бармайын, десем, күним жоқ,
Патшалықтан миниң жоқ,
Қатарымда нарым жоқ,
Жетегимде атым жоқ,
Жәлладқа берер нәрсем жоқ,
Айдаўда келген ел едик,
Бүлип келген биз едик,
Алдымда басшы жоғынан,
Айтып кел деп жиберген,
Халықтың айтқан сөзи еди.
Алшағыр патша сиз, деди,
Датқашыман мен, деди.
Сол ўақытта, Алшағыр гәўир есиктеги жәлладларға дузым тутсын, көзиң шықсын, Қуртқаны есиктен алып кел, деп ҳәмир етти.
Жәлладлар ҳәр қайсысы ҳәр тәрепке жуўырды. Қуртқаны таўып алды.
— Барарсаң ханның алдына, көринерсең көзине, минесең еки дизине,—деп түйгишлеп жайға ийтерип жиберди. Ишкериге барып өз тәртибинше сәлем берди. Патша ҳәм сәлемин әлик алды. Сәлемнен кейин патша бир сөз айтты:
—Ол ол болсын, ол болсын,
Дәўлетиңиз мол болсын,
Алдыма жылап келипсең,
Кимнен көрдиң зорлықты,
Қуртқа келин, жол болсын,
Берейин сизге теңликти,
Ким әйлер пығлы тарлықты,
Алдыма жылап сен келдиң,
Етти ме биреў зорлықты.
Қайылсаң жаннан кешпеге,
Кимнен көрдиң хорлықты.
Ким әйлер пығлы тарлықты.
Қалдырмастан айта бер,
Басыңдағы барлықты.
Анда Қуртқа сөйледи:
—Ҳаў, Алшағыр, Алшағыр,
Биз пухара, сен патша,
Сөйлейтуғын бизде тил,
Жетим менен жесирдиң,
Атасы патша сиз еди.
Атамызға бар дейип,
Буйырған еди бизлерди,
Жетим қалған балады,
Жетим қалған қыз еди,
Айтып мынаў турғаным,
Жиберген бизди ел еди,
Айтатуғын арыз елдики,
Сөйлейтуғын тил бизики,
Анық тыңла сиз, деди.
—Айта бер нашар, сен,—деди.
Анда Қуртқа сөйледи:
—Бурынғыдан қалған сөз,
Хан үстине жаў келсе,
Қайтар елдиң дәўлети,
Хан үстине ел келсе,
Онда ханның дәўлети,
Жетим ул менен жетим қыз,
Бул да ханның перзенти.
Дәўлет тайған еллер бар,
Дәўлетли елге келеди,
Жетим қалған қызлар бар,
Патшаның алған айымы,
Соннан туўған қыз болар,
Тәўир атым бар болса,
Тәўир қызым бар болса,
Бүлип келген биз елмиз,
Қаладағы душпанлар,
Бизге қолын салады.
Жылап келдик дад етип,
Сарыша сизиң алғаның,
Соның қызы болады.
Ҳәммесин теңдей көресиз,
Халықтың айтқан сөзи еди.
Алты жыллар болғандай,
Халқыма жайлаў бересиз,
Алшағыр, қалай көресиз?
Үндемеди Алшағыр,
Тағы Қуртқа сөйледи:
—Қарашаханның ўағында,
Қатын-ердиң тусында,
Қоблан елде барында,
Сендей патша болмасақ та,
Аз ғана елге төре едик,
Жетим қалған қызларға,
Биреў қылса зорлықты,
Тәмбисин оның биз бердик.
Сыйпамаса енеси,
Не болады илажы?
Жетим қалған балалар,
Биреўден жесе таяқты.
Анасына ол келсе,
Тыңламаса атасы,
Не болады илажы?
Бүгин айдың он беси,
Он беси болар қараңғы,
Он беси болар жақты күн,
Қараңғы күн басымнан
Кетпесине, Алшағыр,
Жетемекен көзиңиз,
Билесиз бе өзиңиз?
Есиктиң алды ақ дәрья,
Түске дейин пал ағар,
Түстен кейин қан ағар,
Мудам палдың ағарына,
Жетемекен көзиңиз?
Және қанның ағарын,
Билесиз бе өзиңиз?
Жете ғойса көзиңиз,
Билеғойсаңыз өзиңиз,
Биздей болған қызың бар,
Ойнап жүрген балаң бар,
Биздей бенде болмасқа,
Жетемекен көзиңиз?
Билесиз бе өзиңиз?
Бурынғыдан қалған сөз,
«Қырқ жыл ҳаслан байлық жоқ,
Қырқ жыл жарлылық жоқ», —деген,
Сизге келген дәўран бар,
Ол басыңнан таймасқа,
Жетемекен көзиңиз,
Билесизбе өзиңиз?
Толы жатқан елиң бар.
Билесизбе Алшағыр,
Биле ғойсаң өзиңиз,
Жете ғойса көзиңиз,
Айтып болдым сөзимди,
Енди өзиңиз билиңиз.
Бар да мениң халқымды,
Қайтадан шап журтымды.
Анда Алшағыр ойланды,
Түсинеди сөзине,
Ықтияр берди сол ўақта,
Бул Қуртқаның өзине.
Алты жыл Қуртқа болмасын,
Алты ай болсын мәўлетиң,
Есигиңди қыпшақлар,
Жел ашсын да, жел жапсын,
Егер зорлық қылғанның,
Өзи болсын өлимдар.
Малы болсын патшалық,
Па-па мәрҳаўа деп,
Жар салдырды қалаға.
Алшағыр айтты:—Заңғар дурыс айтады, «қырқ жыл байлық жоқ, қырқ жыл жарлылық жоқ»,—деген рас сөз,—деп, Қуртқаның елин алты ай жайлаў қылды.
Алшағыр:—жәллад!—деди. Еки жәллад таяр болды. Жақсыдан шарапат деген, халқы абад болды. «Сөз жүйесин тапса, мал ийесин табады»,—деген, муны алып кетиңлер, Сарышаға жетиңлер, Сарыша жақсы тамақ берсин, таза кийим кийгизсин, әндамлы етип тәрбияласын,—деди.
Алшағыр гаўирдиң алты қатыны өлип, жетиленши алған қатыны сол еди. Тәрийпин айтайын сизлерге, қулақ салың сөзлерге:
Аяқларының сүўрети,
Енли тутқан маладай,
Қоллары гүрек жабадай,
Аўызларына қарасаң,
Таўдан шыққан жырадай,
Көзлериниң тесиги,
Көгершинниң уясындай,
Сулыўлығы бетиниң,
Қалбирдиң саясындай,
Әпшерине қарасаң,
Сапар айының келген,
Бир түрли тап бәлесиндей,
Сол Сарыша аяғын,
Бәрҳа майға суғады екен,
Қолын қатыққа жуўып,
Шадығоррам болып отырады екен.
Бул Сарышаның үстине Қуртқаны алып келди. Жәлладлары айтты: Ҳәй, Сарыша, мынаў турған Қуртқаға, таза кийим кийдирсин, таза тамақ жедирсин, жүзине қан жуўыртсын, етине сөл жуўыртсын, ҳәптеден өзиме көрсетип турсын.—деп патша сизге жиберди деп тапсырып қайтты.
Қуртқа сулыў Сарышаның хызметин етти. Күнлерден бир күн Сарыша қыял етти: «Айдың әптабындай, күнниң гирдабындай, алтынның сынығындай, суўдың тынығындай, сәўледей Қуртқаның, еркек кисиниң еси бар ма, Қуртқаның етине сөл жуўырған соң, бетине қан жуўырған соң, үстиме алар, канизлик маған түсип қалар, устаға буйырайын, күш темир соқтырайын, отырса, басына урайын, турса, аяғына урайын, аядай бетине шаппаттай жара салайын» деген қыял пайда болды. Арадан жети күн өтти. Жети жылдан бетерирек болып кетти.
Сарыша ханым Қуртқаға бир үлкен қапты берди. Бир кәниз ди кейнине салды.—Буннан кет, дағыстанға жет, томар терип кел,—деп ҳәмир етти.
Кейниндеги кәниз терсе ҳәм ура берди, термесе ҳәм ура берди. Сүйеги дағыстанда қалсын, деди . Өйткени Сарыша ханым усылай тапсырған еди. Бул дағыстанда Қуртқаның қәҳәри келди. Айланып жүрип, қолындағы темир шыбығын жулып алды.
— Төменлиниң муңы бир, телпек кийгенниң ары бир, сенлердиң бенде болғаныңызға қудай билсин нешше ай, нешше жыллар болғанын. Бизлердиң бенде болғанымызға үш ай он күн жаңа болды. Муншелли урып неге азап бересең!—деди.
— Мен урайын деп пе едим сени, Сарыша қоймайды-аў мени, енди урсам сени, қудай урсын мени,—деди кәниз.
— Урмасаң, алдыма түс,—деп кәнизди алдына салып алды. Кәниз томар алады, қапқа салады.
Қобланнан қалған алмас шаққы бар еди. Қуртқа жамбасынан алып, қаптың түбин кесип алды. Кәниздиң салған түбиршиги қаптың түбинен түсип қалады. Сөйтип жүрип, жети қырдың аржағына шығып, бир гәўирдиң гөне тамына барды.
Қуртқа ойлады:—Ҳәй, келиншек, бийт қарассақ, қалай болады? Қатынлардың қуяшлама көрсе, бийт қарап жата беретуғын әдети бурынғыдан қалып еди ғой,—деди.
— Ҳәй, Қуртқа, айталмай жүр едим саған, тәўир болды маған—деп кәниз әўели шапанын, соңынан көйлегин, қыза-қыза кийимлерин шешип алып, ал бийтке қызығып жанжағына қарамай усы иси менен бола берди.
Қуртқаның дәрти бийт емес және бир қырдың аржағына барып, Султанының келетуғын жолына қарап турыў еди.
Қобланның атасы Сейдимханнан қалған, қайин енеси Қөклен кемпир берген айдарлы жай булты бар еди. Ўақты қапаланып киятырса, қара болып көринер еди. Ўақты хош болып киятырса, ақ болып көринер еди. Қара болып киятқан жай бултты көрди. Қобланның жақын келгенин билип, жай булт бетке қарап, Қуртқа сулыў бир сөз айтты:
—Дәўлетим келген шағымда,
Аналық келин мен болдым,
Дәўлетим бастан тайғанда,
Қаралы келин мен болдым.
Қатын ердиң ўақтында,
Қараша ханның ўақтында,
Елде Қоблан болғанда,
Оң қолыма қайшы алып,
Пишиўши едим түңликти,
Султаным сеннен айрылып,
Жарамадым сор басым,
Сарышадай ханымның,
Тезек терер күңликке.
Жан бултың келди, езиң жоқ,.
Келе ғойсаң не болды.
Алла қосқан жолдасым,
Менменлик еттим, мен таптым
Менменликти ойладым.
Менменликтиң ақыры,
Өз басыма болғанды.
Болды демей, не дейин,
Сексен бирдей палўанлар,
Аламан деп ол барды,
Атқан оғы тиймеди,
Бизге несип болмады.
Сенлер бардыңыз он төртте,
Арша ағашты қулаттың,
Сексен палўан жылаттың,
Үйге күйеў келди деп,
Ериң пириң деп еди,
Ер сынаған бармекен,
Мен сынадым сизлерди.
Жатыр едиң сен уйқылап,
Буннан жубай болар ма,
Деп менсинбей мен қайттым.
Менменликти ойладым,
Өз басыма болғанды,
Келе қойсаң не болды.
Жай бултың келди, өзиң жоқ,
Алла қосқан басласым,
Ақ күймеге миндирип,
Қақпақтың қара таўында,
Әлип дәўди өлтирип,
Көк орайлы көк шимген,
Көк шимгенге келгенде,
Уят исти мен қылдым.
Көп малының басы екен,
Көк бийеге қол салдым.
Уллыны уллы билмедим,
Қытай қыпшақ елиңди,
Сирә көзге илмедим.
Менменликтиң зыяны,
Өз басыма болғанды.
Келе ғойсаң не болды,
Алла қосқан жубайым.
Қәде-қәўмет алыўға,
Келди қыпшақ беглери,
Көсилген аяқ жыймадым,
Кейнимнен келди не қызлар,
Шорым шелли көрмедим.
Жай бултың келди, өзиң жоқ.
Келе ғойсаң не болды,
Қыяметлик жолдасым.
Кер бийедей бийени,
Көримликке мен алдым.
Өзим отқан ордаға,
Алып барып киргиздим,
Арадан қырқ кун өткенде,
Кер бийеден ул туўды,
Аўзын оның сыпырдым,
Қулағына үрледим,
Ҳайўан болса да оны,
Перзентим деп жүр едим.
Емшегин салдым аўзына,
Ақ сүтимди бермесем де,
Мийир сүтин мен бердим.
Қай перзенттен кем көрдим,
Атластан жабыў мен жаптым,
Белине қайыс батар деп,
Гүдары қайыс мен тарттым.
Гүдары ноқта мен салдым,
Кеўли өскин болсын деп.
Жипек арқан мен тақтым,
Аўзы ҳасылға тийсин деп,
Алтыннан ақыр мен соқтым.
Қай баладан кем көрдим,
Келе ғойсаң не болды,
Бултың келди, өзиң жоқ,
Айланайын атыңнан,
Қурыў мәҳ-мәҳ, торы атым.
Бул гәпти айтып болғаннан кейин, бир майдан болғанда торы аттың шырқырап киснеген даўысы Қуртқаның қулағына тал-тал келди.
Суўлығын тислеп, гүлдир-гүлдир киснеп, Қобланды алып қашып Қуртқаның турған жерине ат жақынлап келди.
Қуртқа ойлады: ҳаялдың нәзери қатты дейтуғын еди. Жолына кесепат болар деп, қолындағы қабын бетине салып, Қобланнан бетин жасырып турды.
Анда Қоблан Қуртқаның жүзин жасырып турғанын кеўлине аўыр алыңқырап, бир-еки аўыз сөз айтты:
—Жолыңызда пидә болсын шийрин жан,
Халқымыз ушын жанымыз болсынлар қурбан,
Биз кеткели жети жыл өтти арадан,
Неге көрсетпейсең ақша жүзиңди,
Сағыныппан сәрби назым, Қуртқа жан.
Атлар шаптым бәлент таўдың дүзине,
Биз кеткен соң түскен матаў өзиңе,
Биз кеткели жети жыл өтти арадан,
Сағыныппан сениң ақша жүзиңди,
Ярым дейип мен шақырдым өзиме.
Анда Қуртқа сөйледи:
—Қылыш, найза алсаң батыр қолыңа,
Сизлер барып шықсаң душпан солына,
Ақ жүзимди көрсең қайтар ырайың.
Көрме жүзим кесапатдур жолыңа.
Сизди көрип шөлде болды ақлым лал,
Сизлерге душпанлар болсын дуўшакер,
Ақ бетимде үш темирдиң дағы бар,
Ал бетимде сары қаймақ жара бар.
Сонда Қоблан сөйледи:
—Душпанларды көрсем, саўда салайын,
Душпан ушын шер жаратқан қудайым,
Бир көрсетши бизге ақша жүзиңди,
Сағыныппан ақша жүзиң Қуртқа жан.
Ал устиңе енди ҳаял алмайман.
Анда Қуртқа сөйледи:
—Тамыр кетпей, гүлдиң жүзи сола ма,
Алтын басың есен болса султаным,
Бизлер киби бақа баслы ҳаялдың,
Беши-оны сизлерге көп бола ма,
Сонда Қоблан сөйледи:
—Атымның басыны сирә бурмайын.
Душпанларға барсам саўда салайын,
Көрсетсейши ақша жузиң Қуртқа жан,
Дусшы етиңе ашшы таяқ урмайын.
Анда Қуртқа сөйледи:
—Қанларды ағызып келдиң көзиме,
Қулағың сал Султан айтқан сөзиме,
Мени айланып бунша иркилип турғанша,
Сен кеткенде ким бар еди, есиңе ал.
Жас күниңде тутқан алтын сақанды,
Мен айтайын әўел шыққан салаңды,
Мени айланып бунша иркилип турғанша,
Бир айтпайсаң ата менен анаңды.
Ишиңе саларман батыр демиңди,
Келтирме кеўлиңе, айтса кемиңди,
Ақ жүзимди мениң айта бергенше,
Бир айтсайшы жаўлар шапқан елиңди.
Ашылмайын таза гүллер солмасын,
Ҳеш бир еллер бизиң елдей болмасын,
Егер адамларда перзент болса да,
Еккимизден перзент үлги алмасын.
Не қыласаң жүзимди,
Елдиң жүзин көрсеңши,
Күнн-түни жылаған,
Қобланым деп зарлаған,
Атаңа сәлем берсеңши.
Ел-журтың бар, деди,
Жаўдан тартып ал, деди.
Мынаў сениң болғаның,
Сеннен болған перзентлер,
Ата-анасын билер ме,
Қайтарды мәрттиң ырайын,
Мынаў көрсең, жүзим, деп.
Ашты дейдн шырайын.
Келип Қуртқа жақынлап,
Жүреги қаптай жарылып,
Көрсетер күнлер бар екен,
Сени қәдир алла деп,
Қушақлап аттан алыпты.
Қостарым болған Қоблан деп,
Дағыстанның үстинде,
Қушақласып көрисип,
Бир биреўин сүйисип,
Жағ-жағдайды сөйлесип,
Халықтың айтып муңыны,
Болған исти қалдырмай,
Бәрин баян етеди.
Адасқан ғаздай табысып,
Тал жипектей шырмалып,
Әўел еңиреп, соң күлип,
Тал жипектей есилип,
Толқынлап суўдай тасады,
Жасарған гүлдей жасады.
Қобланды Қуртқа көрген соң,
Қушақласып турған соң,
Бурынғы көрген мийнети,
Душпаннан көрген ақырети,
Бир күн шелли болмады.
Анда Қуртқа сөйледи:
—Басшым едиң Қобланым,
Қыяметлик жолдасым,
Бийқайғы жатқан елим бар,
Сен ер барсаң ғаплетте,
Қорқып қалған елиңиз,
Душпан қамап алмай ма,
Мүсәпир болған журтыңның,
Ҳақ қаны сизге болмай ма,
Ғәрип болған елиңди,
Қалмақ қырып салмай ма.
Жуўап берсең бизлерге,
Бизлер барсақ еллерге,
Барып хабар биз берсек
Айдаўда келген беглерге,
Сенлер барсаң арқадан,
Халқың шықса қубладан,
Сизлер барсаң қаладан.
Халқын шықса, даладан,
Ақтан жалаў көтерсе,
Онда пешин қайрылса,
Соннан соң қылсан ғайратты,
Кимлер өлсе, ким қалса,
Қутқармаға душпаннан,
Сизлер қылсан ықласты,
Он бес күн болса бир мәўлет.
Намаз жума күн болсын,
Он төртинши күнинде,
Алдыңда күтип журт турсын.
Қалаға гүўлеп кирмеге,
Он төртинши күн болсын,
Шетте жүрген елиңди,
Жыятуғын күн болсын.
Ўәде болсын Қоблан деп,
Рухсат алып жөнеди.
Қоблан Ақтаўдың дәрбентинде Қарабийдиң қосына қарап бәдәр кетти.
Қуртқа сулыў Қобланды көрип, қолындағы таяққа байрақ байлап, мәс болып қыпшақлардың жатқан дәрўазасына қарап киятыр еди. Қыпшақлардың есер жигитлери көрип:
— Қуртқа жеңгемизди жин урыпты, мәмелек айландырыпты,—деп алдына барып ермеклеп, ўақтымызды хош қылайық деп, алдына жақынлап келсе, кеўлин тасқынлаў көрип, реңкин қызыллаў көрип, жинниң урмағанын билип, Қуртқаға қарап бир сөз айтты:
—Басшы болған, Қуртқа жан,
Халқың болған сергиздан,
Таяққа байрақ байлапсаң,
Бир қыялды ойлапсаң,
Еситтиң бе, не хабар?
Хабарыңды айт, жеңге жан,
Байрақты қолға аларсаң,
Жаныңа саўда саларсаң,
Ҳәр қыялға бир келип,
Жеңге жан, қайдан келерсең?
Анда Қуртқа сөйледи:
—Перилердиң аўнағы,
Ҳәптеде болсын жыйнағы,
Қатты айтсам, душпан еситер,
Үлкениңиз қайнаға,
Кишкенеңиз қайнисең,
Келиң берман мырзаға,
Қараўыл баслы қабланды,
Анық, тыңла, қайнаға.
Көрип келдим дағыстанда,
Кешеги кеткен Қобланды,
Аққан дәрья сағаңды,
Яд ете гөр аллам деп,
Сүйинши бер, қайнаға.
Көрип келдим мен хәзирр,
Ғайып болған Қобланды,
Шетке алып қымтай гөр,
Жасы питпеген балаңды,
Таўып алып, ғамлай гөр,
Қылышың менен найзаңды,
Он үш күн болды бир мәўлет,
Найзаң болса, саплай бер,
Балтаң болса, таплай бер,
Кейниңнен келди тиреўиң
Жаўға өзиң сақлай бер.
Жүре берди алдына,
Ере берди қыпшақлар,
Қайда-қайда ағам деп,
Рас па, жеңге, Қобланды,
Көрсетермекен суҳбан деп,
Қалмақ сезип қояр деп,
Үндемеди қыпшақлар,
Ақтан жалаў байлаңлар,
Оң пешиңди қайырың:
Сенлер шығың қубладан,
Қоблан келер арқадан,
Айтып болдым сөзимди,
Қала бериң қыпшақлылар.
Буннан кейинги сөзди Қобланның атасынан еситиң: Қобланның атасы бир жер төледе болатуғын еди. Буларға ҳәм барып, қуўантып, Сарышаға биреў барып айтып қоймасын деп, Қуртқа сулыў асығып баратыр еди.
Қобланның қарындасы Қансулыў Алшағыр гәўирдиң он бир улына шай берип, шарап берип, шылым салып турар еди. Ҳәр ҳәптеде келип, ата-енесине көринип турар еди. Қансулыў Қуртқаның алдынан шықты, Қуртқа бийкешин қуўантайын, деп бир сөз айтты:
—Сарқырап таўлардан аққан булағым,
Бүгин қабыл болды сениң тилегиң,
Ел шетинде көрип келдим бир адам,
Еглендирмей сүйинши бер, шырағым.
Ошаққа жаныпты етиң ҳәм тәниң,
Жаў шаўып болғанды ойранды елиң.
Ел шетинде көрип келдим ағаңды,
Сүйиншиге не бересең, бийкешим?
Қансулыў сонда сөйледи:
—Ясийн оқыр әжайыпты хатлары,
Көрген адам нашар дейди затлары,
Мендей бийкешгенең сеннен айлансын,
Қоблан қурысын, айта гөрме атларын.
Ағам бар деп бәлентлеген жүрегим,
Аллам ҳеш бермеди мениң тилегим.
Қоблан қурысын, айта гөрме атыны.
Бир жерде өлсе, мың жерде қалсын сүйеги.
Қуртқа тағы сөйледи:
—Көринген алыстан таўлардың тасы,
Сел болып ағып тур көзиңниң жасы,
Жалғызымды олайша деп қарғама.
Қарғысың басыңа болсын урғашы.
Жылқышы үйретип минеди тайыны,
Айтыўға сөзимиз жүдә қайымды,
Олайша деп жалғызымды қарғама.
Душпанлар тапты ма кеўил жайыңды.
Онда Қансулыў сөйледи:
—Шашым таллап, он төртимнен тарайман.
Қашан келер деп жолларға қарайман,
Гүнайымды кешире гөр, жеңге жан,
Жалғызымды күйгенимнен қарғайман.
Қарғамай нетип турайын,
Қоблан елде жүргенде,
Елге душпан барар ма,
Сизлер киби алғаны
Бизлер киби сиңлиси,
Ата менен анасы,
Мынаў турған душпанның,
Хызметинде болар ма.
Ат сүринген тасымды,
Берерге жоқты нәрсемиз,
Қалай қылсаң, жеңге жан,
Сенде болсын ықтияр,
Қойдым қара басымды.
Әне көрген билгенин айтып, Қуртқа Сарыша ханымға қарап жүре берди.
Сарыша ханым есикке қарап, баладай үңилип отырыпты, Қуртқа бул есикке келгели жан дегенди еситкен жоқ еди.
— Ҳа, Қуртқа жан,—деди. Қуртқа ҳәм:—Не дейсең,—апа—деди.
— Сизиң журтыңызда бизиңдей ханымлар түс көретуғын ба еди?
— Әлбетте, көретуғын еди.
— Мен бүгин түс көрдим, сиз жорый аласыз ба?—деди.
—Әлбетте, жорыймыз,—деди.
Әне Сарыша түсин баян әйлеп, Қуртқаға бир-еки аўыз сөз айтты:
—Жатыр едим уйқылап,
Аяқ-қолым туйықлап,
Арқадан келди көк бөри,
Жанымды қоймай баратыр,
Боз айғырдай ыйықлап,
Бул не болар, Қуртқа жан?
Меннен шығып кеткен соң,
Алпыс еки қойым бар еди,
Арқадан келген көк бөри,
Сарайда турған жеринде,
Муны ҳәм кетти тамақлап,
Айырар бенде болмады,
Бул не болар, Қуртқа жан?
Сексен серкем бар еди,
Буны ҳәм кетти тамақлап.
Ақ сарайда бир турған,
Қуйрықлары дығыршық,
Ай мүйизли ақ қошқар,
Ақ қошқарым бар еди,
Он бир қозым бар еди,
Қамаўда турған жеринде,
Буны да кетти тамақлап,
Бул не болар, Қуртқа жан?
Отырған жерим ой шуқыр,
Басқан жерим бай шуқыр,
Бул не болар, Қуртқа жан?
Есиктиң алды жал қамыс,
Үй артында шоқ қамыс,
Оң қолымда тақ қайыс,
Сол қолымда жуп қайыс,
Бул не болар, Қуртқа жан?
Жүрегим аўзы музлайды,
Жаман жерим сызлайды,
Бул не болар, Қуртқа жан?
Жорыйгөргил түсимди,
Жақсылығы өзиме,
Жаманлығы өзиңе.
Тоқсан қул баққан бүйерде,
Есапсыз қойым бар еди,
Арқадан келди көк бөри.
Қубладан шықты көп бөри,
Бөлек-белек қылды да,
Ҳәр шетинен тийеди,
Қалаға келип жыйылды,
Бир бөлеги бөлинди,
Қублаға қуўып бир кетти,
Шоршып кеттим орнымнан,
Жорыйгөр усы түсимди,
Жақсылығы өзиме,
Жаманлығы өзиңе.
Анда Қуртқа сөйледи:
—Ҳаў, Сарыша, Сарыша,
Түсиң екен тамаша,
Мен жорыйын түсиңди,
Аңсат қылып исиңди,
Жаңа таптың Сарыша,
Жорый алмайтуғын кисиңди.
Жатқан болсаң уйқылап;
Аяқ-қолың туйықлап,
Арқадан келсе көк бөри,
Жаныңдай қоймай баратса,
Боз айғырдайы ыйықлап,
Ол түсиңде көргениң,
Қоблан батыр болмасын.
Сизден өтип бир кетсе,
Алпыс қойым дегениң,
Алпыс еки ҳәмелдар,
Ҳәмелдарың болмасын,
Сарайда жатқан жеринде,
Қурбанлық қылып шалмасын.
Таптымбекен Сарыша,
Таппадым ба Сарыша?
Сексен еки дегениң,
Кеңесқорың болмасын,
Арқадан келген көк бөри,
Бизиң Қоблан болмасын.
Уйқыда жатқан жеринде,
Қурбанлық қылып шалмасын,
Он бир қозың бар болса,
Он бир қозы дегениң,
Он бир улың болмасын.
Арқадан келген көк бөри,
Ақ сарайға бир кирип,
Жер менен жексен қылмасын
Қуйрықлары дығыршық,
Мүйизлери шығыршық,
Ай мүйизли ақ қошқар,
Алшағыр патшаң болмасын,
Арқадан келген көк бөри,
Қоблан ерим болмасын.
Алдына басшы бир салып,
Ақ сарайға кирмесин,
Постына сабан бир тығып,
Дәрўазаға қоймасын,
Төгилген балалар ҳақ қаны,
Енди сени урмасын,
Таптымбекем Сарыша,
Таппадым-ба Сарыша?
Отырған жериң ой-шуқыр,
Гөр лаҳәтиң болмасын.
Басқан жериң бай шуқыр,
Көзиңниң жасы болмасын.
Оң қолыңда тақ қайыс,
Ат қамшысы болмасын,
Сол қолыңда жуп қайыс,
Ат дизгини болмасын.
Үй артында шоқ қамыс,
Ат қуйрығы болмасын,
Есик алды жал қамыс.
Аттың жалы болмасын,
Жүрегиң аўзы музласа,
Жаман жериң сызласа,
Жаўыр атқа миндирип,
Ат астынан аяғың,
Аяғыңды көрпешлеп,
Атларға терис миндирип,
Темир истен өткерип,
Халық бәрине көрсетип,
Бизге туўған қара күн,
Басыңа сениң туўмасын.
Таптымбекен Сарыша,
Таппадым ба Сарыша?
Арқадан шықса көк бөри,
Қубладан келсе көп бөри,
Тоқсан қул баққан қойыңды,
Бөлип алса шетинен,
Қалаға келип қамаса,
Көк бөри болып көринген,
Қоблан ерим болмасын,
Көп бөри болып көринген,
Қыпшақтың беги болмасын.
Бөлип айдап бир кетсе,
Олжа қылып қызыңды,
Қублаға қарап айдаса,
Бизге туўған қара күн,
Ол басыңа туўмасын.
Қызың менен улыңыз,
Бизиң елге бармасын.
Таптымбекен Сарыша,
Таппадым ба Сарыша?
Сол ўақта ханым қәҳәри кеп,
Атаңа нәлет, шая деп,
Тилиң тартпас, сирә, деп,
Шыбық темир қолға алып,
Сарыша орнынан турды,
Ҳәм Қуртқаны бир урды.
Ендиги сөзди Алшағыр патшадан еситиң:
Ол отырып айтады: — Ақшахан патшаның бир бөлек журтын бүлдирип келдим, Қобланның елин бүлдирип алып келдим. Мениң еткен ислеримди жазатуғын шайыр бар ма екен? — дейди. Анда Қобланнын Полат деген досты патшаның хызметинде турар еди. — Сизди биз мақтасақ қалай болар екен? — деди ол.
— Әжеп болар, — деп, Қансулыўды да шақыртып алып, Полат бир сөз айтып турған қусайды:
— Таўда қоян изи бар,
Әри дейди Полат жан,
Патшаның айтқан сөзи бар,
Әри дейди Полат жан.
Есиктиң алды бир дәрья,
Түске дейин пал ағар,
Әри дейди Полат жан,
Түстен кейин қан ағар,
Әри дейди Полат жан,
Таўда қоян изи бар,
Патшаның жети қызы бар.
Он бирдейин улы бар,
Көргеним жалған болмаса,
Песин ўақты шалқытар,
Әри дейди Полат жан.
Тыныш халықты бүлдирген,
Бир бәлеге жолығар,
Әри дейди Полат жан.
Тыныш жатпас ол қасқыр,
Урынып жүрген адамлар,
Бир адамға жолығар,
Әри дейди Полат жан,
Ели-журттан айрылған,
Елде тегин жатар ма,
Аман басы саў болса,
Ол қалаға қуйылар,
Әри дейди Полат жан.
Буннан кейин Алшағыр патша айтты:
— Па-па, заңғардың шайырлығы, — деди, түсинбей. Мени Искендер Зулхарнайыннан ҳәм батыр қылдың, — деп тилине түсинбей, көп инамлар берип бийқайғы отыра берди.
* * *
Қоблан батыр адамға билдирмей, жанға сездирмей Қарабий жатқан дәрбентке қарап жүре берди.
Қарабий де отыз қосшысын буйырып, ақ шатыр қурып жата берди. Түйеси жайылып таўдың үстинде жүрер еди. Қоблан барып, түйени орап алып, алдына салып қуўмақ болды. Қарабийдиң отыз нөкери Қобланға ат қойды, Қоблан кейнине қарамай алдына жүре берди, кейнинен шаўқым салды. «Атыңызды айтып кет» деп, бақырды. Қоблан тыңламады. Кеўли өскен душпанлар Қобланды қамап алды. Анда Қоблан душпанға қарап бир сөз айтты:
— Атымды сорап нетесең,
Таўды гезген бөримен,
Затымды сорап нетесең,
Кимди душпан пәмлейсең,
Ойлаған душпан өзимен.
Ол малыңды қуўаман,
Еллер қайда, журт қайда,
Шейит болған балалардың,
Ҳақ қанын сизден аларман.
Бақый болсаң бизлерге,
Ол пәрмана боларман.
Исим жоқдур сизлер менен,
Қарабий деген қайсысаң,
Жер менен жексен қыларман,
Анда турып қалмақлар,
Түсинбейди сөзине,
Қарабий дегенлерине,
Аўыр түсти қалмақтың,
Мына гәплер өзине,
Ашылған гүллер солмасын,
Латманат өзи оңласын,
Еситиўим бар еди,
Азыўлыға кетти Қоблан деп,
Ел кейнинен қуўып келген,
Мынаў Қоблан болмасын.
Қамалап услап алыңлар,
Мойнына шынжыр салыңлар,
Қарабийге тапсырып,
Бир әрмансыз болыңлар.
Ат қояды бәршеси,
Атадан жалғыз мәрт Қоблан,
Еки көзи қызарып,
Қаны қашып бозарып,
Қоблан батыр қумарланып,
Туйғын киби жумаланып,
Қойларды көрген бөридей,
Торы атына қамшы басты,
Дәрья киби толып тасты,
Ат ойнатып барады,
Бир барғанда мәрт Қоблан,
Төртеўин гелле қылады.
Услаймыз деген қалмақлар,
Басы менен ғай болады.
Биреўин алып қолына,
Бир-бирине урады,
Қарабийдиң қосына,
Қалғанын қуўып барады.
Қарабийдей бәтшағар,
Ол алдына келеди.
Анда Қоблан сөйледи,
— Атың сениң ким? — деди,
Ал Қарабий сөйледи:
— Ақшаханның еллерин,
Бүлдирип келген мен, деди,
Қызын олжа бир қылып,
Улын айдап ол келип,
Қуллар қылған мен, деди,
Жарағың таслап сен келсең,
Өлтирмеймен мен, деди.
Анда Қоблан еситип:
—Қарабий деген ўақтында,
Түги тебендей шаншылып,
Қылышты алып қолына,
Жақынлап барып қалыпты,
Қарабийдиң жанына.
Шамалап өзин көреди,
Шейит болған балалар,
Ҳаўа-ҳаўа, марҳаўа деп,
Хаўаз берип турады.
Қылыш алып мәрт Қоблан,
Батыр кеўилин қошлады,
Шөптей көрмей душпанды,
Теңинен бөлип таслады.
Қарабийди өлтирип,
Мәнисине келтирип,
Тағы да алға жөнеди.
Буннаи кейин қыпшақтың есер жигитлери, «Қоблан қай жақтан келер екен» деп, жолын тосып жүргенде, ағайин — қарындаслары Қобланды таўып алып, қосылып, ўақты қош болып, торы атты ойлаў жерге байлап, әйне қуптан ўақтында, елдиң шети жатқанда, от қызылы батқанда, қаланың ишине кирди. Алтмыш еки ҳәмелдардың жатқан жерине барды. Алдына басшы салды. Ҳәммеге хабар берди.
Қоблан сарайдың алдын алды, алтмыш еки ҳәмелдарын жатқан жерде гелле қылды. Қыпшақтың есер беглеринен рухсат болып, қыдырып, ақ сарайдан он бир улын таўып алып, оны да өлтирди.
Аўзы қанлы бөрилерин
Алшағырдың төрелерин,
Он бир бирдей улларын,
Сәҳәр ўақты болғанша,
Бәрин гелле қылады.
Қоблан сәҳәр ўақтында,
Алшағыр жатқан сарайға,
Жолдаслары менен барады.
Билдирмей жатқан жеринде,
Еки қолын таңады,
Ҳәр жерине найза урып,
Шермендесин шығарып,
Дәрўазаның алдына,
Сүлдерин әкеп қояды,
Он бир улын шалған соң,
Алшағырдай гәўирди,
Дәрўазаға қойған соң,
Қыпшақтың есер беглери,
Дәўлети келген ўақтында,
Айдаўда бурын келсе де,
Рустемнен кем емес,
Көкиректиң ғайраты,
Бирден төртеўин шаншып,
Бесин көзлеп турады.
Не бир келген ғаррылар,
Өлсек бизлер ырзамыз,
Ығбал жүрген ўақтында
Белли ғайрат салады.
Тынбай енди қалада,
Үш күн урыс болады.
Алшағыр гәўир өлген соң,
Ханы кеткен қалмақлар,
Бассқы таўып барады
Қалмақтың туўы жығылып,
Бағындық бизлер аға, деп,
Қол көтерип турады.
Қуртқадайын алғаны,
Сарышадай ханымды,
Жалаңаш атқа мингизип,
Өкпесине заңғардың,
Темир исти өткерип,
Испара темир қолға алып,
Жаўырнына қойдырып,
Қансулыўдай сиңлиси,
Алшағырдай гәўирдиң,
Жети қызын жүўенлен,
Белли қырғын болады.
Алшағырдың әскерине,
Қобланлыдай қас батыр,
Ел-елатын көрген соң,
Аяўсыз қылыш урады,
Қызыл туўын қыйратты,
Жасыл туўын жайнатты,
Бөри тийген қой киби,
Қалмақларды шуўлатты.
Шейит балалар қаны деп,
Қоймай бәрин қыйратты.
Ҳаўа-ҳаўа марҳаўа деп,
Өзи емес рухы,
Шейит болған көп балалар,
Разымыз аға жан,
Ол төгилген қанға деп,
Даўыс берип шырлапты,
Қоблан тажжал келген соң,
Ол патшасы өлген соң,
Қол көтерип турған соң,
Не бир қалмақ сөйледи,
Урыстың жәми қойылды,
Қыпшақтың бәри жыйылды
Кимселер өлип, ким қалды,
Қобланлының елинен,
Қөп адамлар қырылды.
Бағынған соң душпанлар,
Урыс туқымы қойылды,
Бирисин патша көтерип,
Кеўиллери душпанның,
Қобланлыға жалынды,
Дослар болып Қоблан менен,
Нешшелери бағынды.
Полат жанды бул елге,
Патша қылған секилли.
Полат әзел дос еди,
Душпаннан алды арыны,
Мәрт қайтарды қәҳәрини,
Ағайинге қосылып,
Таўып алды мәрт Қоблан,
Қыдырбайдай ғаррыны.
Дәўир кимниң дәўири,
Полат ханның дәўири,
Пайтахт кимниң пайтағы,
Полат ханның пайтахты,
Таўып алды мәрт Қоблан,
Қара қыпшақ елатты,
Бир кемликтиң кемалы бар,
Патша қылды Полатты.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Үшинши бөлим
Алдынғы бөлимге қайтыў: Биринши бөлим
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: