Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Биринши бөлим (Birinshi bólim)

Бурынғы өткен заманда,
Нурдың қара таўында,
Қозы гүзар, қой гүзар,
Жылан өткен таўында,
Қара көл менен Сасық көл,
Ләйлек көл менен Нақырақ көл,
Самарқанд сайқалында,
Шақан улы Ақшахан,
Ақшаханның журтында,
Мусылман ўәлаятында,
Қарақыпшақ халқында,
Сәрдары деген урыўында,
Сақалы буўрыл болғанда.
Үни тарғыл болғанда,
Қыдырбайдай байлардың,
Төрт түлик малы бар еди,
Алты ордасы бар еди,
Ҳинжи, гәўҳар толы еди,
Улы, қызы жоқ еди.
Әне усы сорамда,
Қартхожа атлы патшаның
Бир ўәзири бар еди,
Қара көлдиң бойына,
Қус салып ол да келеди,
Қыдырбайдай байлардың,
Жайылып жатқан малларын,
Көз салып анық көреди.
Жайылып атқан маллардың үстинен шығып, Қара көлдиң жағасында турып, шурқыраған жылқыларды көреди, үйректи аўлап, оннан қоян қыдырып, Ақ тикенли, Ақ шүңгил деген жерге келеди, жайылып атқан есапсыз қойды көрип, және де жайылып атқан есапсыз түйеге қарап, шопанларын шақырып алып, бул маллардың ийесин сорап Қартхожа бий сөз баслады:
— Бедеў жалын саўаш күни тарайман,
Аў аўлап, қус салып, қоян қарайман,
Баққаныңыз кимниң малы болады?
Мал ийеси ким екенин сорайман.

Қойлар бағып, өспей қалған бойларың,
Ақшаханның бизлер билсең сойлары,
Шопан иним, енди сеннен сорайман,
Баққан малың қайсы байдың қойлары?

Қаракөлди жайлап атқан бийеси,
Ким болады бул маллардың ийеси,
Бул маллардың ийесини сорайман,
Баққанларың қайсы байдың туйеси?

Бизлер келдик Қара көлди жағалап,
Тоғайларды қоймай, аўларды қарап,
Мал ийесин енди сеннен сорайман,
Көп жылқылар жатыр онда шурқырап.

Сонда шопан сөйледи:
Айланайын, аға жан,
Арзымды есит бир заман,
Арзымды саған айтайын,
Айтпай арзым қәйтейин,
Бул маллардың ийесин,
Сизлерге баян етейин:
Мал ийесин сорасаң, Аз ғана елдиғ ғаррысы,
Перзенти жоқ Қыдырбай,
Қорғанша деген жерлерде,
Ол ғаррының үйи бар,
Мал есабын сорасаң,
Төрт мың тоқсан қойы бар,
Қара мал менен жылқысы,
Түйелери және бар,
Узақ санын сорасаң,
Малы менен түйеси,
Жылқысы менен бөриси,
Қойға болар барабар.
Қатар турған алты үй бар,
Ҳинжи менен гәўҳар бар,
Сорасаң дүнья бәрисин,
Мен билмеймен есабын,
Қойларды баққан сорлыман,
Ғаррыдан өзиң сорап ал.
Буннан кейин Қартхожа бий ҳәмелдарларын, қәлпелерин ертип алып, Қыдырбайдың үйине қарай жөней берди.

Шопаннан жолын сорады,
Жолдасларын ертип ап,
Қәлпесин алып жанына,
Қыдырбайдың үйине,
Қартхожа кетип барады.
Нешше майдан жол жүрип,
Қорғаншадай қалаға,
Ол жақынлап келеди,
Жедел берип ат айдап,
Қыдырбай жатқан ақ үйге.
Сиясат пенен енеди.
Есиктен турып ол бийиң,
Хабарлас деп сөйледи.

Қартхожа қәҳәри менен үйге қарап, «хабарлас» деп бир сөз айтты:
— Атлар жүрген қыя тас,
Патшаға болмас сен сырлас,
Бизлер келген Қартхожа,
Майданға шық, хабарлас.
Тезирек шыққыл үйиңнен,
Билсең сенлердиң ийеңмен,
Шық майданға хабарлас.
Қартхожа уллы бийиңмен,
Малыңнан хабар алмадың,
Патшаны көзге илмедиң,
Есабын неге бермедиң?
Есикке келип турыппан,
Шық, хабарлас бизлерге,
Есапсыз жыйған малыңнан,
Ақшахандай ханыма,
Жартысын неге бермедиң?
Ҳәзирден шықшы далаға,
Айдап кетейин сизлерди,
Самарқандтай қалаға!
Хан алдына барасаң,
Есабыңды бересең.
Қыдырбай, қалай көресең,
Бармай нетип қаласаң?
Қартхожа бий бул сөзди айтып болғаннан соң Қыдырбай жуўырып майданға шығады. Қартхожа бийге ийилип сәлем берип, оған қарап былай дейди:

— Отырған елимниң бәри шоқ еди,
Айтқаныныз ырас, малым көп еди,
Ықтыярым мен бериппен баққанға,
Ата дерге бир перзентим жоқ еди.

Ханымнан сизлердей адам келмеди.
Ҳеш бир ўақта ҳал-жайымды билмеди,
Қанша мениң малы-мүлким болса да,
Қудай тала бир перзентти бермеди.

Белимнен кетип тур ҳәзир мәдетим,
Диземнен кеткенди мениң қуўатым,
Кемпиримиз шыққан елли бес жасқа,
Мүликке ийе болар жоқдур перзентим.

Өзиң барып мал-дүньяны көрмесең,
Дийўанды әкелип хатлап алмасаң,
Алып барып ғәзийнеге салмасаң,
Ендигисин иним өзиң билесең.

Перзент жоқтан айланып тур мийлерим,
Басшысы жоқ, қаңғырып тур еллерим,
Маллар түўе арзымды есит Қартхожа,
Ийесиз қалып тур алты үйлерим.

Буны еситип ханлар хатқа салмай ма,
Өлсем мал-дүньямыз артта қалмай ма,
Жетписке шыққанша менде перзент жоқ,
Перзентсиздиң кейни ўайран болмай ма?

Айтып болдым мен сөзимди, өзиң бил,
Зар жылайман, мен сүймедим қызыл гүл,
Себеп пенен келдиң ғарры ағаңа,
Мийман бол бизлерге, иним, үйге кир.

Буннан кейин Қартхожа бий бир ақшам мийман болады. Оған қой сойылып, қол қаўсырылып хызмет қылынады. Ол ерте турып атланып, бәдер кетеди. Ақшаханның дәргайына жетеди. Өзиниң көрген-билгенин ханға бир-бир баян етеди:

—Бизлер миндик бедеў аттың белине,
Қырқ қәлпени ертип барып кейниме,
Көргенимди бир-бир баян әйлейин,
Қус салып биз бардық Қара көлине.

Ғаз ҳәм үйреклерге қусты жибердик,
Сыртынан қарадық, тамаша қылдық,
Есапсыз көп санлы жылқыны көрдик,
Бул гәпимди тыңлап турған Ақшахан.

Көп екен, деп алдық оны ойларға,
Қоян-қырғаўылды бардық аўлаўға,
Көргенимди бир-бир баян әйлесем,
Биз тап болдық есабы жоқ қойларға.

Көп шопанлар және қойларын баққан,
Бири отлап, бири дем алып жатқан,
Маллары келеди ҳәр бир тәрептен,
Есапсыз жайылған малларын көрдик.

Отырған жерлери оның сай екен,
Мал-дүньядан оның кеўли жай екен,
Аты Қыдырбайдур, сизден бай екен.
Дүньяда әрманы жоқдур олардың.

Мал-дүньядан оның кеўли тоқ екен,
Алтын, гүмис сол адамда көп екен,
Сонша дүнья, малы-мүлки болса да,
Ата дерге бир перзенти жоқ екен.

Нөкер ертип ол адамға бармасаң,
Мал-дүньяның есапларын алмасаң,
Жайрап жатқан ийеси жоқ мал екен,
Әрман көпдур ғәзийнеге салмасаң.

Ханымыз ең сизди хан деп билмеген,
Дәўлети шалқыған, кем-кем өрлеген
Өзиңнен басқаға есап бермейди,
Есиктеги қулы шелли көрмейди.

Оны кирип нешше ақылдан сасқан,
Бир малы бир малға барып уласқан,
Салтанатқа енди сеннен кем емес,
Мәртебеге өзиң менен таласқан.

Буннан кейин Ақшахан отырып, алпыс еки ҳәмелдар, отыз еки мөҳирдар, тоқсан тоғыз төре бий, Ағай бийин жәм қылып алып, мәсләҳәт қылып, бир сөз айтты:

Дийўанларын шақырып,
Жәлладларын тайынлап,
Еки дийўан шығарып,
«Жәллад кел» деп ханыңыз,
Ҳәмир етти оларға:
— Ал бедеўге мин, деди,
Қорғаншаға бар, деди,
Қыпшаққа саўда сал, деди,
Қыдырбайдай ғаррының,
Малы менен дүньясын,
Зери менен гәўҳарын,
Жыйып-терип ал, деди.
Жасырып қойған болмасын,
Хатланбай нәрсе қалмасын,
Бәрин хатқа сал, деди.
Улсызларға улым бар,
Қызсызларға қызым бар,
Улсыз, қызсыз бендениң,
Жыйған, терген маллары
Патшалыққа миясар,
Патшалық хатқа сал, деди,
Тезирек түргел, бар, деди,
Барып ғайрат сал, деди,
Қалмасын оның кемпири,
Мында алып кел, деди.
Есабын алған қағазды,
Бизге әкелип бер, деди.
Кеўлимдеги пикирим,
Айтайын деген сол, деди.
Бул сөзден кейин дийўанлар хатқа салмаға, жәлладлар бирдей топылып Қыдырбайға бармаға жөней берди. Нешше күнлер жол жүрип Қорғанша қалаға жақын келип, қалаға киреди. Қыдырбайдың есигиниң алдына барып, аттан жерге түседи, ақ үйге кирип, бир ақшам мийман болады, ерте менен турып, молла хатқа салмаға, дийўан есап алмаға ол жерден де неше моллаларды әкелип, дәўет-қәлемлерди таяр етип, жәлладлар майданды күтип, келгенлерди келтирмей, киргенлерди шығармай, Қыдырбай менен кемпирди ортаға алады.

Молла хатқа салады,
Дийўан есап алады,
Қыдырбайдай ғәрипти
Майданға ҳеш шығармай,
Бир күн хатқа салады,
Баспа бас хатлап алады,
Еки күн хатлап турады,
Қыдырбайдың дүньясы,
Сонда да ада болмайды.
Үш кун хатқа салғанда,
Дүнья-малын қоймады.
— Ҳәзирги жыйған дүньямның,
Барлығы сол деп жылады.
Қалмасын бөтен үйде деп,
Тинтип қараң және деп,
Ҳүким етип турады.
Ғәрип-қәсер, жетим де,
Қалған малын жыйнады.
Аяқлы малым болмаса,
Болғаны балам дүньямның
— Жасырын дүньяң болмасын,-
Деп ғаррыны қыйнады.
Қыйнаған менен ғаррыны,
Табылар дүнья болмады
Бес күнге дейин ғаррыны,
Сонда да залым қоймады,
Ғаррыны салып алдына,
Малға қарап айдады,
Қара кәлге жақынлап,
Жылқыны қоймай бир санап
Буны хатқа салады.
Қуўыс-қолтық қалдырмай,
Көл қуўысын қарады,
Қалған-қутқан жылқыны,
Сонда да олар таппады,
Жылқыны хатлап болған соң,
Ақ тикенли Ақ шүңгил,
Буған келди жақынлап,
Қойды алды есапқа,
Буны да хатқа салады.
Инанбай ғарры сөзине,
Шопанлардан сорады.
Пияда айдап ғаррыны,
Сасық мурын сантуўар,
Малға жақын барады,
Буны да хатлап алады.
Буны хатлап болған соң,
Түйени хатлап алады.
Ақыретлеп, азаплап,
«Қалдырмай айт, заңғар», - деп,
Ғаррыны тутып сабады.
Онда ғарры турады,
«Бермедиң маған перзент», деп,
Налыс етип жылады.
— Қарақыпшақ елаты,
Мал-дүньясы қурысын,
Ийелер адам болмаса,—
Деп аҳ урып жылады.
Бәрин хатқа салады.
Бозкемпирдей ғәрипти,
Ортаға салып залымлар,
Ханға алып барады,
Алып барып ханына,
Жазып келген қағазын,
Хан алдына қояды.
Дийўанларын жәм қылып,
Есапқа бәрин алады,
— Болғаны емес дүньяның,
Жасырғанды, айтың,—деп,
Басына заўал салады,
Ала қапты келтирип,
Төрт пышық салып ишине,
Атаңа нәлет, залымлар,
Кемпирди салып жанына,
Қаптың аўызын буўады.
Жәлладларды келтирип,
Бозкемпирдей ғәрипти,
— Жасырғанды, айтың!—деп,
Пышық қосып сабады.
Бәрин айтып болған соң,
Не айтады бул кемпир,
— Неге өлмедим бурыннан,
Әжелим жетти-аў қолыңнан,
Нени айтайын, шырағым,
Жасырған дүньям болмаса,
Ырзаман өзим қазама,—
Деп Бозкемпир жылады.
Урғанын жәллад қоймады,
Таяққа пышық шыдамай,
Кемпирди жулып тырнады,
Шыдай алмай азапқа,
Кемпир талып қулады.
Кемпир естен танып жығылған соң, оны босатады, үйине қайтады, бул күйикке шыдай алмай, қудайдан бир перзент тилеп, әўлийе қоймай қыдырып, қиябан шөллерге кетеди.

Хатқа салған дүньяны,
Алдырыпты қалаға,
Бул дүньяның дәртинен,
Ғарры қалды бәлеге,
Өли малдан қутылып,
Төрт түлик малды бир айдап,
Түйеден алып бир тоққыз,
Жылқыдан алып бир тоққыз,
Қойдан алып жуп тоққыз,
Қыдырбай сорлы айдап жүр,
Налыды буған шыдамай,
Қостары оның Бозкемпир.
Үсти-басы қан болып,
Толы журтқа таң болып,
Бир адам алып қасына,
Сапар шекпек жолға бир:
«Әўлийени қыдырып,
Алладан тилек тилейик,
Әўлийеге түнейик,
Мал-дүньясы қурысын,
Бала берсе көрейик,
Егер нышан бермесе,
Қыя шөлде өлейик»,

деп ғарры менен кемпир қыямет майдан шөллерге әўлийени қыдырып, малды айдап жөнелди. Аты шыққан әўлийеге барады, малын қоймай сояды, әўлийе қазанға тоймады, тилеги қабыл болмады, сонша малды таўысып, жалғыз тоқлы қалады. Жаҳанның бәрин қыдырып, бир тоқлыны жетеклеп, қыя шөлдиң ишинде Қуўсырыққа келеди. Қуўсырықтың қасында қойды баққан ғаррыға Қыдырбай жетип келип сәлем береди, сәлемин әлик алып, Қыдырбайға қарап, мына сөзди айтады:

— Бир тоқлы болып тур сениң жолдасың,
Жетпистен сексенге келип тур жасың,
Жүзиңди шаң басып, жылап келипсең,
Не тилегиң бардур мениң қурдасым.

Қәлендерсең, шөлди аралап жүргенсең,
Бул дүньяда көп қорлықлар көргенсең,
Не тилегиң бардур мениң қурдасым,
Айтқыл жөниң, жора, қайдан келгенсең?

Кемпириңди ертип шығып қасыңа,
Раҳим еттим көзден аққан жасыңа,
Бул шөллерге сизлер жылап келипсиз,
Не саўдалар түсти сениң басыңа?

Бул гәпти айтып болғаннан кейин, Қыдырбай қой баққан бабаға қарап мынаны айтты:

— Жетписке келиппен, қәдирин билмедим,
Малды бағып қыя шөлде жүр едим,
Жасым қурсын, сорай көрме, қурдасым,
Бул дүньяда көп ақырет мен көрдим.

Ат сүринер бәлент таўда дизине,
Қартайғанда қанлар келди көзиме,
Бастан-аяқ жәбирим баян әйлейин,
Қулағың сал, қурбым, айтқан сөзиме.

Жалғаншыда мендей адам болмады,
Қурсын жасым, пайманамыз толмады,
Бул дәртимди сен сорадың, қурдасым,
Ата дерлик бир перзентим болмады.

Көзлерден ағады селли жасымыз,
Қартайғанда қаңғырып жүр басымыз,
Қартайғанша бир перзентли болмадым,
Ғарға-қузғын қонар болды-аў лашымыз!

Төрт түлик малымды шөлде айдадым,
Бир шыбын жанымды мине қыйнадым,
Әўлийе қоймадым сирә қыдырып,
Ҳеш бир жерден сирә нышан көрмедим.

Бул сөзлер айтылып болғаннан кейин, әне қой баққан баба Қыдырбай ғаррыға қарап, «кемликке камал, менменге заўал, жаманлық етсе, ҳәр ким өзи қудайдан табар» деген, — деп, Қыдырбайға төрт аўыз бәйит айтып турған қусайды:
Айтқанымды тут, деди,
Бул кеткеннен кет, деди,
Ана турған Қуўсырық,
Қуўсырыққа жет, деди,
Қубласына сен шығып,
Қублаға қарап ҳәм турып,
Ғамгүнге кеўлиң толтырып;
Тәўекел етип көр, деди.
Раҳим етсе бириўбар,
Қубла бетте қапы бар,
Ашыла қойса сол қапы,
Тилегиң қабыл бир болар,
Сол қапыға кир, деди.
Тоқлыңды сойып ал, деди,
Ҳәм қазанға сал, деди.
Турған шығар мыс қазан,
Мыс қазанға сал, деди.
Аллаға налыс қыл, деди.
Тилектиң қабыл боларын,
Бүгин сынап көр, деди,
Қабыл болса тилегиң,
Бир аўҳалды билерсең,
Ашылмаса бул қапы,
Ыразы бол мийнетке,
Және айналып келерсең,
Мийнетиңниң күйгени,
Сениң өзиң бендесең,
Ҳақтың қылған ҳәмирине,
Бендесең ғой, көнерсең,
Айтып болдым сөзимди,
Қатарым, өзиң билерсең..
Бул сөзлерди айтып болғаннан кейин баба қойын айдап, жөнине кетти.

Кемпирин ертип Қыдырбай,
Баба айтқан жерге кетти,
Арқасына алып сырықты,
Қублаға қарап отырды,
Ғамгүнге кеўлин толтырды.
Ғәрип кеўли басылып,
Отыр еди зар жылап,
Намазшам болған ўақтында,
Қарап турса Қыдырбай,
Қапы кетти ашылып.
Ғаррының кеўли хош болды,
Жаратқанлар ес болды,
— Сеннен маған мал болмас,—
Деп тоқлыны сояды,
Тезлик пенен болған соң,
Мүшелеп оны қояды.
Суў қуйып мыс қазанға,
Толтырып етти салады,
Сөйтип, демин алады.
Ғарры жүзин солдырды,
Сол тоқлының етлери,
Мыс қазанды толтырды
Намазшам болған ўақтында,
Ғайыптан келип нешше адам,
Сәлем берип ҳәм кирип,
Төрге барып отырды.
Сәҳәр болған ўақтында,
— Күймегей сениң еңбегиң,
Қабыл болар тилегиң,
Алла акбар, баба!—деп,
Пәтия берди өзине.
Бул адамлар кеткеннен кейин, ғарры басын жерге қойып, көкирегин ашып, баўырын жерге берип, мойнына пота-салып, «ай қудайтала, көпке барабар болғандай бир перзент берсең, болмаса мениң жанымды алсаң»,—деп, қазаға ыразы болып, жылап баба жата берди. Таңның алды болған ўақытта Қыдырбайдың көзи уйқыға кетти, баяғы қой баққан баба түсине кирип, Қыдырбай ғаррыға қарап бир сөз айтты:

— Көтер басың Қыдырбай,
Қабыл болды тилегиң,
Кеклиден кегин алғандай,
Арлыдан арын алғандай,
Душпаннан малын алғандай,
Бир перзентли боларсаң.
Ақшахандай ол залым
Көрсеткен сизге зорлықты,
Жүдә берген қорлықты.
Перзентиң адам бир болса,
Қарақыпшақ халқыңа,
Алып берер теңликти.
Есит, қурбым, сөзимди,
Енди ашсаң көзиңди,
Ол баланың кейнинен,
Базарлық болсын сизлерге,
Көрерсең жалғыз қызыңды.
Перзент болып ол шықса,
Қоблан деп қойшы өзини.
Айтып болды сөзини.
Сөйтип, келген бабаңыз,
Ғайып болды көзинен.
Уйқыда жатқан Қыдырбай,
Ҳаўлығып жатқан жеринен,
— Жанағы адам қайда?!—деп,
Оянып кетти-аў изинен.
Бул түсти көрип болғаннан кейин, секирип жайынан турып, кемпирдиң қолынан алып, екеўи жетелесип, өзиниң Қорғанша қаласына қарай жөней берди. Қорғанша қаласына барып, туўмаған туў бнйелерди келтирип, көп малларды сойып, ғаррыларды жыйнап алып, уллы, кишилерин жәм қылып, қәдели ғарры, жигерли жигит, еңкейген кемпир, еңбеклеген жас қалмай келиң деп, әне бәршесин уш күнге дейин тәрбия қылып, бәршесиниң пәтиясын алып, жигирма бес, отызындағы қәддине келип, кемпири менен қайтадан дәўран сүрип, бир неше күн арадан өтти. Күнлерден бир күн кемпирге қыял пайда болып, пешин ўақта керилип, жаңа түскен келиндей сөйлеўге еринди, перзент еди еки ғәриптиң тилеги, кемпир жерик болып, керек болды бир жолбарыстың жүреги, ғаррысына буйырды. Қыдырбай бир дорбаны қолына алып, сары жайын ийнине салып, қартайса да тәўекел қылып, «аңсаттан бергейсең» деп, көл ишинде бир суўдың бойына барып, келер жолбарыстың жолын алып, қудайталаға налыс қылып, Қыдырбай жатпақ пенен болды. Қыдырбай жатса, қулағын салып тыңласа, ыңырсыған бир ҳаўаз қулағына келеди.

Қыдырбай ғәрип қозғалып,
Сары жайын қолға алып,
Қорамсаққа қол салып,
Тынбай қарап отырып,
Гиристи оққа толтырып,
Отыр еди бир қарап,
Келе берди алдынан,
Сарыала жолбарыс ақырып.
Қорыққанынан Қыдырбай,
Түсимде көрген бабам деп,
Қыдырбай сонда сыйынып,
Отыр еди зар еңиреп,
Ақырып келген жолбарыс,
Алдына турды кеселеп,
Сары жайды бир тутты,
Тәўекел етип оқ атты,
Атарында атса да,
Қыдырбай ғарры дым қорықты,
Атқан оғы шырп етти,
Жолбарыстан оқ өтти.
Жығылмады жолбарыс,
Қорыққанынан Қыдырбай,
Жолбарысқа қарап сөз айтты:
— Бизлер жатқан ғарры едик,
Айға шап, шерим, айға шап,
Баўырымыз толған жара едик,
Айға шап, шерим, айға шап.
Бир перзентке зар едим,
Айға шап, шерим, айға шап.
Зар жыласам аллама,
Тилегим қабыл болар ма,
Айға шап, шерим, айға шап.
Бизлерди алсаң, сен келип,
Сизлерге ылайық болар ма,
Айға шап, шерим, айға шап.
Бир перзенттиң зарынан,
Қарамай шықтым затыма,
Сен бир турған шер едиң,
Ким шыдайды пәтиңе,
Айға шап, шерим, айға шап.
Биздей жатқан ғаррыға,
Келип пәнже салғаның,
Болар ма жақсы атыңа,
Қошеметке шыдамай,
Жолбарыс жатты алдына,
Қыдырбай ғарры қалтырап,
Гөзеп атып салды да,
Жылай берди тағы да.
Ырғыған қатты пәт пенен,
Қамыслықтың ишине,
Жолбарыс барып қулады,
Қулағанын Қыдырбай,
Буққышлап барып қарады,
Рас па деп Қыдырбай,
Кесек таслап сынады.
Оқ тийген соң жолбарысқа,
Пайманасы толған соң,
Қыймылдар ҳалы болмады,
Тиклеп бойын көреди,
Ертең сәске ўақтында,
Жолбарыстың қасына,
Қыдырбай ғарры келеди.
Өлип қалған жолбарысқа,
Барыўға қорқып турады.
Қыдырбай қыял қылады,
Және шабар бизге деп,
Сары жайын қолға алып,
Бир қудайды еске алып,
Жамбаслап барып жатады.
— Шала жансар болса да,
Бизди ўайран қылар,—деп,-
Мәдет бергей алла,—деп,—
Үш мәртебе атады.
Жаны шыққан жолбарыс,
Қыймылдамай жатады,
Шын өлгенин биледи.
Өлген шердиң қасына,
Қыдырбай жетип келеди.
Қабыл етти-аў тилегин,
Қоймай алды керегин,
Жолбарыстың алып жүрегин,
Дорбасына ол салып, Үйине қарап жөнеди.
— Ашылған мениң гүзарым,
Еле де көпдур димарым,
Керегиңди мен таптым,
Далаға шықшы, дилбарым,
Оңғарды алла талабым,
Алып келдим жоқ жерден,
Аш жолбарыстың жүрегин,
Майданға шықшы бул жерде,
Қартайсаң да, қарағым.
Усылай кемпирге даўыс берип келди, кемпирдиң қолына жолбарыстың жүрегин берди. Кемпирдиң ўақты хош болып, мыйығын тартып күлип, отты ары-бери жақты да ояғын бир басты, буяғын бир басты; жерик жаман дәрт екен, қаны шығып турғанын да тыңламай, шала пискеннен кемпир жүректи жеп алып, шып-шып терге түсти, кемпирдиң кеўлиндегиси болып, жигирма жасындағы қәддине келип, кемпир жүре берди.
Айлардан ай өтти, күнлерден күн өтти. Күн мүддетине жетти, Бозкемпирдиң айы-күни бир толып, аршадан ағаш көмдирип, және жүўен кердирип толғақ тутып телмирип, Қыдырбайдай ол ғәрип «ул шашыўы болсын» деп, мал сойдырып, жақын қурбы, ағайин ҳәмме ҳаяллары жыйылып, толғаққа мейил болды. Туўа алмай Бозкемпир күн жарым толғатып, әйне сәҳәр ўақтында Қыпшақтың ҳаял-қызлары, ғарры, жигит—бәршеси, тилегин тилеп жыйналып, қуўанып күтип турады. Сәҳәр ўақты болғанда шырлап бала жерге түсти. Бозкемпириң ул туўды, оң жағынан күн туўды.
Таяр болды бир ҳаял,
Қыдырбайға бармаға,
Шүйиншисин алмаға,
Қарыў қылып жуўырды,
Жибермейди бир бирин,
Талақ киби жабысып,
Кете алмай түўе турады,
Үлкен басқы болады.
Жибере алмай бир-бирин,
Кийими дал-дал болады,
Қарыўлырақ ҳаяллар,
Әжизин қағып таслады,
Тили сақаў бир ҳаял,
Бәринен зор болады.
Қыдырбайдың алдына,
Жуўырып, шаўып барады.
Кирип барып тез үйге:
— Бүлбиллер қонар бул таўға,
Берсеңе саўға, қайнаға,
Баланы берди бир алла,
Бер сүйинши, қайнаға,
Бала түсти ингалап,
Тиледик тилек зар жылап,
Туўдырып келдим баланы,
Талап етип мен келдим,
Сүйиншини мен сорап.
Арылдаў сениң мийнетиң,
Қайтадан келди дәўлетиң,
Сүйиншим бер, қайнаға,
Қутлы болсын перзентиң.
Қыдырбай сонда сөйледи:

— Дөгерекке жүйрик атты шапсаңа,
Берейин келиним саған сүйинши,
Тезирек басқаға тағы айтсаңа.

Келин, сениң көкирегиң басылды,
Айтып келдиң, ғәрип кеўлим йош урды,
Берейин сүйинши саған, келин жан,
Себеби мен сордың бахыты ашылды.

Перзент ушын мен беремен жанымды,
Жаным түўе ағызыңыз қанымды,
Рас болса болғаны анық баламның,
Жолына әйледим дүнья-малымды.

Жаңа болды ақ үйиме жарасық,
Сүйинши сорамақ сизге минасип,
Малы қурсын, дүнья қурсын, нетейин?
Ал малымды, қыпшақ, бәрин таласып.

Бүгин шықты енди мениң қырманым,
Бурын қурып еди белде дәрманым,
Ингалап жылаған баланы көрсем,
Халқым жоқдур мениң сирә әрманым.

Бизлер көрдик Ақшахандай залымды,
Бөлип алың, ҳәрне тапқан барымды,
Жолында қойыппан шийрин жанымды,
Сүйиншимди мен берейин, келин жан.

Ақтылар көзимнен сел болып жасым,
Рас болса перзентимниң болғаны,
Жолына пай тиккен мениң бул басым.

Есапсыз қойымнан әкеп сойыңлар,
Етин жеңлер, сорпасына тойыңлар,
Жыйылып келипсиз, ағайин, досым,
Жалғызымның көрип атын қойыңлар.

Қыдырбай сөзин тамам етти. Жыйналған алымлар, отырған ғаррылар, уллысы-кишиси болып барлық адамлар, баланы ортаға әкелип, ҳәмме мәсләҳәт пенен пуқаралар, алымлар, ғаррылар, баланың реңин қарабараң көрип, «Қубыл болсын», деп ат қойды.
***

Ҳәмме пәтия берип тарқап кетти. Бала бир жасына келип, оннан екиге келди. Қоблан еки жасқа келгенде кемпири бир қыз туўды, «қыздың тойы менен баланың аяқ тойы болсын» деп бир ярым күн той берип, жети жасына келгенде пайғамбар сүннет еттирип, жети күн той берди. Бала он бир жасына келип, Қыдырбай ғәрип көп баланы жанына қойды. Сарықум деген жерден бир орда сайлап берди. Балалар менен асық ойнап, балаларға зорлық қылып, жүреги қабына сыймай, атаның алдына барып, «ата, маған жүйрик ат берсең, кейниме қырқ жигит берсең, жер-жерге барып, кеўлимди көтерсем, қалай болар екен»,—деди. Қартайғанда көрген перзенти «ат минемен» деген соң, гүдары ноқта, алтыннан пуў берген тебинги, алтын ер, ушыға терлик —барлығын таяр қылып, көп жылқыға алып барды. Көп жылқының ишинде төрт бедеўи бар еди, жылқыманларға услатып алдырды, атларға ер салып, зарттен-заберттең мустаккем ертлеп «я қорыққан жылайды, я қуўанған жылайды»,—деген, қуўанғанынан жылап, ғаррының баўыры езилди. Қубыл минген атлар баланы көтере алмай, жәниўардың омыртқасы үзилди.

Сонда бала сөйледи,
Атасына не деди:
- Айланайын, жан ата,
Жарамайды бизлерге,
Болғаны ма атыңнын,
Жаў айдасын малыңды.
Атасы еди Қыдырбай,
Буған сапар жақпады,
Тилеп алған балаға,
Жарайтуғын астына,
Жалғыз атты таппады.
Малы қурсын, нетейин,
Малымды талақ етейин,
Сонша жылқы ишинен,
Табылмады бир тулпар,
Жарамаса нетейин.
Қудай берген бала едиң,
Қолыңа жүўен ал, деди,
Бул жылқының сыртында,
Сол төбеге мин, деди,
Шыңғырлатшы суўлықты,
Келип суўлық тислесе,
Соны астыңа мин, деди.
Таўып берер ҳалым жоқ,
Мал-дүньяны нетейин
Мына жатқан көп малдың,
Ийеси балам, сен, деди.
Бирин мин де, бәрин мин,
Балам өзиң бил, деди.

Бул сөзди айтып болғаннан кейин бала төбеге минип:

Қолына алып жүўенди,
Қуррыўлап шынғырлатады,
Жабағы жүни түспеген,
Сай сүйеги саўсаған,
Төртинен беске жасаған,
Өзин көрсең тапалшақ,
Жал-қуйрығы бир қушақ,
Зордан ғана жортады,
Қарнын көрсең, жер сызған.
Сапар айы он бесинде,
Келген бәле усаған,
Гүлдир-гүлдир киснеди,
Қолындағы жүўенниң суўлығын,
Келип ғана тиследи.
Райы қайтып баланың,
Ат болар ма сеннен деп,
Мынаў керек меннен деп,
Ат басына урады,
Сонда да ҳайўан кетпеди,
Дөгерегин айланып,
Шыңғырып киснеп жүреди.
Баланың қәҳәри келеди,
— Омыртқаңды үзейин,
Қабырғаңды сындырып,
Жер менен жексен қылайын
Ноқта салып аўызыңа,
Жүўен салып аўызыңа,
Тоқым салып астына,
Писент етпей бул атты,
Ырғып минди үстине
Арман берман шабады,
Тулпар екен сарыала ат
Жүрип еди өлсин деп,
Атлар қыял қылыпты,
Тулпарлығын билсин деп
Дәрьядай кеўли тасады
Майданда қайнап йошады
Қызып кетип табаны,
Мынаў минген баланы,
Таўға алып қашады,
Минди таўдың үстине,
Сол булақтың басында,
Отыр еди бир ғарры,
Оған таяр болады.
«Ассалаўма әлейкум», — деп,
Бабаға сәлем береди,
«Ўәлейким ассалам», — деп
Сәлемин әлик алады.
Кейнинде қалған атасы,
Ғайып болды-аў балам деп,
Өксип ғәрип жылады.

Әне, шәшмениң басында отырған баба жол болсын сорап, балаға қарап бир сөз айтты:

— Сарыала атты минип балам желерсең,
Өзиң жас баласаң, нени билерсең,
Боза ишкен мәслер болған жан балам,
Жигербентим, қайсы елден келерсең?

Ертлемей минипсең минген атыңды,
Ҳеш ким қайтара алмас балам пәтиңди,
Қыя шөлде ат ойнатып келипсең,
Баян әйле балам ҳаслы затыңды.

Уақтың жетсе қызыл гүлдей соларсаң,
Қәҳәриң келсе, дәрья киби толарсаң,
Бул шәшмеге талап еткен, жан балам,
Баян әйле атың кимлер боларсаң?

Бул сөзден кейин бала бабаға қарап бир сөз айтты:

— Асаў атқа балалықтан минермен,
Биз де жүрген таўды гезген қәлендер,
Нетесиз, ата жан, жөнимди сорап,
Ақшаханның елатынан келермен.

Атлар шапқан бул майданда сорлыман,
Муҳаммет үммети, қудай қулыман,
Атым Қубыл сорасаңыз жан баба,
Қыдырбай ғаррының улы боламан.

Ол сөзди айтып болғаннан кейин баба балаға қарап бир сөз айтты:

— Айланайын, жан балам,
Сөзди тыңла сен балам,
Ҳәўес болдым көриўге,
Атыңды күтип отырман.
Жаў-жарағың бермеге,
Сениң менен танысып,
Лепесимнен болған соң,
Себеп пенен бизлерге,
Шөлде, балам, келген соң,
Қызыр Ильяс пириңмен,
Шилтерлердиң биримен,
Қыстап тапқан жериңе,
Әўели айтсаң алланы,
Яд етсең биздей бабаңды,
Сонда таяр боларман,
Оннан соңғы айтар сөз,
Шақан улы Ақшахан,
Елге салып өз даўын,
Атаңның алып көп малын,
Бес үйге салып бир нөкер,
Ләшкер жыйнап бир алып,
Еситип Қуртқа хабарын,
Үш жыл болды кеткели.
Сапары оңбай перзентим,
Ақшаханның қайтқаны,
Қуртқа дейин сулыўдың,
Хабарын саған айтқаны.
Сарыала атқа мин, деди.
Ол алдына бар, деди,
Хабарын, балам, бил, деди
Ақшахандай ол залым,
Сизге душпан сол, деди.
Талабан болып Қуртқаға,
Жети журттың палўаны,
Келип атыр, шырағым,
Атқан оғы бир тиймей,—
Қайтып атыр нешеси,
Қақпақтың қара таўында,
Аланғасар Әлип дәў
Бағып атыр соқпағын,
Тәўекел етши, жан балам,
Туўмастан бурын, шырағым
Ол атыңды қойғанбыз,
Қоблан болсын дегенбиз,
Қубыл емес атыңыз,
Рас атың Қобланды,
Пир менен мәни уғысып,
Отыр еди сөйлесип,
Қулағына Қобланның,
Келе берди көп даўыс,
Бул не деген даўыс деп,
Бабасынан сорады,
Анда баба сөйледи:
— Айтпадым ба, жан балам,
Киятырған Ақшахан,
Ол Қуртқаға бара алмай,
Қара таўдан өте алмай,
Сапары оңбай қайтты деп,
Мәни берди бабасы,
Қолына берди жарағын,
Ақ гиреўки саўытын,
Және берип қылышын,
Қоқыраўлы найзасын,
Қолына берип баланың,
Баба ойлап пайдасын,
Алла акбар, балам,—деп,
Ғайып болды көзинен.

Әне, бул сөзди айтып болғаннан кейин Қоблан жарақларын қолына алып, шыққан даўысқа қарап рәўана болып жөней берди.
Ат ойнатып ләшкерге жақын барды. Баяғы Бозкемпирди урған жасаўыл алдынан қарсы келди. Қобланға қарап: «бала, жолдан шық», деп сиясат қылды. Қобланның қатты қәҳәри келип, жасаўылды тыңламай, алдына қарап жүре берди. Ақшахан ханнын алдына барып, ийилип сәлем берип, ханға қарап жол болсын сорап бир сөз айтты:

— Жер ҳәм көкти халық әйлеген илайым,
Жалғыз едим, ҳақ кеширгей гүнайым,
Ләшкериң кейниңде, туўың жаныңда,
Жоллар болсын журт ийеси панайым.

Ләшкер ертип бул жерлерде жүрерсең,
Әжел жетсе ғапыл бенде өлерсең,
Ләшкериң кейниңде, туўың жаныңда,
Хан ата баян ет, қайдан келерсең?

Ата, жолығыппан мен ҳәм сизлерге,
Қулағың сал балаң айтқан сөзлерге,
Қайсы журттан қай шәҳәрден келерсең,
Хан ата, баян ет енди бизлерге.

Сонда хан да сөйледи,
Сөйлегенде не деди:
— Ашылған бағдың гүлисең,
Қай шәменниң бүлбилисең,
Атынды айт та, ҳаслыңды айт,
Исмиң кимлер боларсаң?

Сонда бала сөйледи:
— Даўысыңды еситип мында келермен,
Мениң өзим мәслик пенен жүрермен,
Қубыл-Қобланды сорасаң атым,
Қыдырбайдың жалғыз улы боларман.

Кең болыпты жердиң жазық даласы,
Исиңниң болмасын сирә шаласы,
Атымды сорасаң батыр Қоблан дейдилер,
Ҳаслым Қыпшақ, Қыдырбайдың баласы.

Бедеў жалын саўаш күни өрмеге
Бир күн ойнап, бес күн дәўран сүрмеге,
Алла оңғарғай мен жалғыздың ислерин,
Талап еттим қыз Қуртқаға жүрмеге.

Хан турып сонда сөйледи:

— Жетпеген жасың баласаң
Сенлер түўе, шырағым
Зая болған не палўан,
Барсаң, балам, өлесең,
Сексен бирдей дәў палўан,
Тум-тусында жатырған,
Оғы тиймей аршаға
Бәри де, балам, шаршаған.
Балам, зая боларсаң.
Барған менен Қобланлы,
Сизди көзге илмейди,
Алаңғасар Әлип дәў
Жолда жатыр ол аңлып,
Алдыңнан шығып кеселеп,
Мәгар алып қайтсаң да
Күтип турар жолыңнан,
Тартып алар қолыңнан,
Сапарыңды қой, балам.

Сонда Қоблан сөйледи:
— Белленип шығыппан оның жолына,
Баба найза берди мениң қолыма,
Сенлер қайта бериң енди елиңе,
Жанымды қойыппан Қуртқа жолына.

Сол демлерден бул демлерди кем деме,
Сен ханымсаң, нәмәрт сөзин сөйлеме,
Жатыр деп айтасаң сексен палўанды,
Бул балаңды сол палўаннан кем деме.

Алла дейип сарыала атқа минермен,
Пирлерден жәрдемди сорап жүрермен,
Талабан болыппан сулыў Қуртқаға,
Өзим жалғыз туўылғанман енемнен,
Сол Қуртқаға талап әйлеп көрермен.

Сонда Ақшахан сөйледи:
— Сен келгенше, шырағым,
Дүнья-малды бир жәмлеп,
Қарежет қылып турарман,
Жете алғандяй ҳал болса,
Ҳәм кейниңнен барарман
Жақсы болса баласы,
Атаға хызмет қылмай ма,
Аман-есен сен барсаң,
Аршаға оқты ата алсаң,
Несип болып қулатсаң,
Биз ушын аттым оқты, деп,
Айта гөр, балам, сөзиңди.
Қуртқадайын сулыўды
Бере гөр балам, өзиме.
Ким алса да Қуртқаны,
Ол кейнинен қалмайман,
Бир дүгисип көремен,
Жолың болсын, Қобланым,
Бар, кете бер жолыңа,
Жуўап бердим, өзиңе.

* * *
Қоблан ата-анасына хабарласпай, Сейдимхан батырдың елине жөней берди.

Минип аттың белине,
Шықты Қызыр шөлине,
Раўан болып жөнеди,
Атадан жалғыз мәрт Қоблан
Сейдимханның елине.
Шапқан аттың тозы менен,
Ақшахан жүрген изи менен,
Гә күни, гә түни менен,
Мәртлер сегбир қылады.
Толқысып аққан дәрьядай
Толқысып ойнап барады.
Минген бедеў желеди,
Атланып жүрген жигиттиң
Сыйынғаны пири еди.
Аран менен селеўди,
Аттың оты дер еди.
Ҳәр булақтан суў ишип,
Жеткен жерде қонады:
Гә қонып, гә түсленип,
Жете алмай сегбир қылады:
Минген аты дүр еди,
Сыйынғаны Қобланның
Қызыр Ильяс пири еди,
Гәҳи көлде, гәҳи шөлде,
Батыр жеткен жерлерге
Мийман болып барады,
Қызыр Ильяс бабасы
Алдында басшы болады.
Жақын жерде ел болса,
Атын күтип дем берип,
Арыўлап сайлап жем берип,
Талап әйлеп барады.
Жай тасындай жайнады,
Суўлықты ғырш-ғырш шайнады,
Астындағы бедеў ат,
Ақ кийик пенен жарысып,
Керилип дойнақ урады,
Ор қояндай бүгилип,
Кер кийиктей тигилди,
Узақ майдан шөллерде,
Гә бир тақыр жерлерде,
Қулан менен жарысып,
Толықсып ойнап барады.
Жете алмай жолларда,
Ел сағынған мәрт Қоблан,
Дүз көрмеген жас бала,
Сегбир әйлеп барады.
Күни-түни тынбастан,
Әзиз жанға зор қылып,
Үш ай он күн жол жүрип,
Көринермекен бир жер деп,
Қырға көзин салады.
Ел шетиндеги ағашты,
Қобландай батыр баланың,
Узақтан көзи шалады.
— «Жырағырақта ел барды,
Жақын жерде көл барды»,
Деп бала кетип барады.
Ат шомылды терлерге,
Сыйынды батыр пирлерге.
Қоблан таяр болады,
Сейдимхандай батырдың,
Мәкан қылған жерлерге,
Қоблан ер жетип барады.
Қуртқаға талабан болып жатырған көп палўанларды көрди. «Сейдимханның көмген арша ағашы қайда?» деп бир палўаннан сорады. «Жети жерде қос болып жатқан палўанлары бар, атқан оғы тиймейди, кимисине бес ай болған, кимисине үш ай болған, Қуртқаның жолына басларын қойған, сен ҳәлек болмай қайта бер кейниңе»,—деп ол адам жуўап берди. Онда Қоблан:—Үш ай он күн жол жүрип келип едим, бир тәўекел етип көрермен, аға,— деди. Сораў менен мәрт Қоблан арша ағаштың жанына барып, терекке атын байлап, сол күни мийман болады, ерте менен турып, түсинде бабасын да көреди, сары жайын қолға алып аршаға қарап оқ алып, атайын деп қыялланып, Қоблан жүрис қылады. Арша ағаштың қасына барып қарап турғандай болса палўанлар қыял қылар еди, бир атқан палўан еки қайта бара алмайтуғын еди. Сейдимханның алғаны, қағып төсеск салғаны «атаман» деп талабан болған адамды келип көретуғын еди, кеўлине мақул түссе, оған жуўап беретуғын еди. Қобланның келди деген хабарын еситип, Қобланға қарап бир сөз айтты:
— Басыңнан айрылғай қараңғы думан,
Жас баласаң, саған келип тур заман,
Сеннен бурын нешше палўанлар келген,
Ҳәлек болмай қоя қойшы жан балам.

Қамшы урмай наз бедеўлер де желмес,
Өзи кәпир, бир қуданы бир билмес,
Сеннен бурын нешше кеттилер өтип,
Жас баласаң, сениң қолыңнан келмес.

Пир керекдур сизге өнер үйретпек,
Қолынан келмеген адамлар кетпек,
Жасың толмай буўын қатпас баласаң,
Жолыңа жүрсейши етпейин ермек!

Ата алмасаң қызыл гүлдей соларсаң,
Қолыңнан келмейди-аў сениң, жас балам,
Келмесе қолыңнан ҳәлек боларсаң,
Атаман деп майырылып сен қаларсаң.

Нешше палўанларым болып талабан,
Қыйықлап нешеси оған қараған,
Жығалмай ағашты нешшеси қалған,
Ҳәлек болмай қоя қойшы, жан балам.

Әне, бул сөзди айтып болғаннан кейин Қоблан кемпирге қарап мынаны айтады:

— Сары жайды алдым мен де қолыма,
Қарамайман оңым менен солыма,
Тәўекел әйлеппен жаслық басымнан,
Сиз кемпирим жүре бериң жолыңа.

Үш ай он күнлик жоллардан келермен,
Ашықлық жолында гезип жүрермен,
Аларман деп үмитим бар Қуртқадан,
Арша ағашты бир ғана атып көрермен.

Сары жай алыппан мен де қолыма,
Қылышты байладым мен де белиме,
Көп сөйлеме, от саларман тәниңе,
Көп сөйлемей кеткил кемпир жөниңе.

Мен жайайын кемпир саған зәҳәримди,
Батырлыққа келип турғаным мәлимди,
Арман туршы, наймыт болғыр, сен кемпир
Ҳәр сөз айтып келтирмегил қәҳәримди.

Ҳәр нәрсени сөйлеп сен де турарсаң,
Зәрре турсаң, мәртлигимди билерсең,
Көп сөйлеме, арман кеткил, сен кемпир,
Ағаштың астында қалып өлерсең!

Бизлер келдик күйеў болып жатпаға,
Арша ағашты талап қылдым атпаға,
Талабан болып мен де келдим Қуртқаға,
Қызыңызды алып елге қайтпаға.

Әне буны айтып болып,
Сары жайын қолға алып,
Қорамсаққа қол салып,
Ғамгүнге кеўлин толтырып,
Сондағы айтып турғаны:

— Оғымыз кетпесин дүзге, заяға,
Рәҳим әйлегей халық еткен субҳан,
Жас басымнан талап еттим аршаға,
Мәдетти бергейсең бизге баба жан.

Кейнимде қалып тур узақта елим,
Отларға жанып тур бул ўақта тәним,
Жас баламан, талап еттим аршаға,
Қуўат бер балаға шилтерлер, пирим.

Айтып болып бул сөзди
Селлер болды көз жасы,
Қабыл болды тобасы,
Таяр болып келипти,
Жол баслаған бабасы:
— Тәўекел, бала, ет,—деди-
Қорықпай балам, ат,—деди,
Бисмилла деп оқ тартты,
Әлҳәм, деди, оқ атты,
Бақайдан жерге киреди,
Атқан оғы баланың,
Арша ағашты қулатты,
Қарап турған палўанлар,
Қулағанын көрген соң,
Айрылдық бизлер Қуртқадан деп,
Бәри гүўлеп жылапты.
Баяғы турған ол кемпир,
Барды қайтып үйине,
Күйеў келди шетке деп,
Хабар салды елине.

Әне булардан кейин қызлар ләғлимаржанларды тағып, келиншеклер шашларын жуўып, тәўир кийимлерин кийип, ҳәр жерлерге хабар берди, жекке отаў тигип, жақсы жигиглерден есикке хызметкер береди, «Күйеў келди дегенде қуў бас жумалайды»,—деген, қыз-келиншеклер уўдыр-жуўдыр болып, аўыл арасында жүреди, не бир малларды сойып, «күйеўди пайғамбарым сыйлаған», — деп, жигерли жигитлер тамамы қәде-қәўметлерди де алып, әйне сәҳәр ўақтында, ел аяғы семген ўақытта, Қуртқа қыял қылып, күйеўди көриўге ынтығады. Өзине пардоз берип, узақ жолларды баслап, ҳалақаны да узын таслап, ҳасыл затларды тағынып, сыртынан бир астарсыз шапанды да жамылып, ҳеш кимге көринбей ҳәм билдирмей Қоблан отырған жерге жүрис қылады. Еркекти сынаў бурынғыдан қалған еди. Қуртқа сулыў Қобланды сынаў ушын барған еди. Үйдиң күн шығыс жағынан барып, жабықты ашып, көз салып қарады. Қоблан көпшикти таслап жамбаслап жатыр еди. Жатқанын көрип, өзине ылайық көрмей, Қуртқа мурнын жыйырып:—«Буннан да жубай болар ма, сонша палўанлар қалып, буннан нәсип салар ма, бизге ерлер болар ма»,—деп изине қайта берди. Үйге барып, арқаға қарап ғамгүн болып отыра берди. Қатар-қурбылары келип, Қуртқаға қарап мыналарды айтады:

— Бизлер менен сениң тең болып жасың,
Қуслар қонды, сениң қәдирли басың,
Бул дүньяда қабыл еткен тилегиң,
Қутлы болсын қонған қусың, қурдасым.

Нешше палўан келди сениң қасыңа,
Рәҳим етти көзден аққан жасыңа,
Күйеў деген бул дүньяда мурадың,
Ҳәзир сениң қус қонып тур басыңа.

Келгенлерди қәлемедиң, жыладың,
Нешшесине оңлы жуўап бермедиң,
Қутлы болсын қус қоныпты басыңа,
Күйеўге тийгениң сениң мурадың.

Артық болған енди сениң димарың.
Ҳәр кимниң бар енди сенде қумары,
Тийген ярың жас жетпеген бала екен,
Еле де бар ма екен сениң әрманың.

Сонда Қуртқа сөйледи:

— Ашылмайын таза гүллерим солсын,
Әжелим жетпей-ақ пайманам толсын,
Асық ойнап жүрген жас бир бала екен,
Қутлы болмасалар және терис болсын.

Ашылған гүллерим бүгин солмаса,
Әжел жетпес ҳәм пайманам толмаса,
Баладан бизлерге жубай болар ма,
Ҳәр адамның өз қатары болмаса.

Шашың таллап он төртинен өрмесе,
Ҳәр ким қатары менен ойнап күлмесе,
Қус қонбаса терис қонсын, жеңге жан,
Әрман болар кеўлиңдеги болмаса.

Ҳалын билмей, бала ҳәлеклер болған,
Хабарымды билип қаяқтан алған,
Әрман болар қатары менен жүрмесең,
Ол баладур, бизлер ойласаң үлкен.

Қоблан бул жерде қырқ күн жатты, қазы-қәленлер келтирип, ҳаял-қызлар жәм болып, дизден төсек салып, белбеўден дастық салып, шымылдықты да қурып, «шаш сыйпар», «қол услатар» деп қәделерин ҳаяллар да алып, екеўин бир жайға келтирди, екеўи бир төсекке жатты. Арадан нешше күн өтти. Қуртқа Қобланға мынаны айтты:

— Мен жылайман өз ҳалыма зар-зар,
Сизди бизге жубай қылды бириўбар,
Қулағың сал, тыңлай-бергил, султаным,
Мен ғәрип нашарман, айтар арзым бар.

Қыял қылдым сизге бир сөз айтпаға,
Жаман ойларымды ҳәмде жойытпаға,
Сизге айтар сөзим мениң султаным,
Асыға көр тезирек елге қайтпаға,

Енди бизди бөтенлерге бермейди,
Шәрти питти, басқа адам келмейди,
Және қырқ күн бул жерлерде иркилсең,
Ағам кетти Гөҳиңаптың таўына,
Елге келсе мени саған бермейди.

Елге берди садақа деп асыны,
Сорасып нетейин сениң жасыңды,
Саған айтар сөзим мынаў, султаным,
Сорап алғыл ол айдарлы тасымды.

Айтқаным тыңласаң, бунда турмағыл,
Қайтаман деп бул кемпирди қоймағыл,
Ҳәр түрли дүньяны берер сизлерге,
Жай тастан бөтенин сирә алмағыл.

Қуртқа сөзин айтып болғаннан кейин, Көклен кемпир анасы «күйеўди үйге шақырмақлық бурынғыдан қалған еди»,—деп Қобланды үйге шақырады. Қоблан тапқан дуньялары менен үлкен үйге жақын барды. Иззет пенен ийилип сәлем берип, үйге кирди. Қара қойды сойып, алдына төс қойды, Қоблан да тапқан алтынларын кемпирдиң алдына қойды, кемпир Қобланға мынаны айтты:

— Мында келдиң, жан балам,
Сенлер мениң жанымсаң,
Үлкен балам Қараман,
Кишкене балам мәрт Қоблан,
Сол дәўлердин елине,
Кетип еди Қараман.
Ол қырқ күннен келеди.
Келгенине қарасаң,
Қалай болар мәрт Қоблан?

Сонда Қоблан сөйледи:
Мениң мында кеткенимнен,
Хабарсыз қалды-аў ата-анам
Қартайғанда атамыз,
Болған шығар сергиздан,
Қыйналмасан бизлерге,
Бүгиннен жақсы күнлер жоқ,
Жуўап берсең жан анам.

Және кемпир сөйледи:

- Айтқанға, бала, турмадың,
Күйеўдиң болар қәдеси,
Не берермен сизлерге,
Берер едим не қәлесең.
Онда Қоблан сөйледи:
— Дәркар емес дүнья-мал,
Минген бедеў шабылған,
Арша ағашты қулатпай,
Нешшениң баўыры қамылған,
Қайшы қулақ, әреби ат,
Бәри өзимнен табылған,
Мал деген бизде жүдә көп,
Қара көлге жайылған,
Перзентим деп бизлерди,
Санай ғойсаң кеўлиңе,
Қуллық етип аламыз,
Атамнан қалған нышана,
Ағызды көзден жасымды,
Арша ағашты қулатып,
Дәўир келген тусымда,
Қыйналмай берсең, аламыз,
Жай булыт киби тасыңды.
Алдымда ағам жоқ еди,
Кейнимде иним жоқ еди,
Қостар қылып өзиме,
Қулақ салсаң сөзиме,
Жай булыт тасты бермесең,
Дәркар емес дүнья-мал,
Жуўап берсең болады,
Жалғыз ғана өзиме.

Сонда кемпир сөйледи:

— Ашылмайын таза гүлдиң солғаны,
Сизге қасты еткенниң кетсин дәрманы,
Ким биледи бизде жайтастың барын,
Үйде отырған қыз Қуртқадан болғаны.

Айтыўшының сырттан айтқан сөзи еди,
Жалғыз балам атасының өзи еди,
Қалып едим Қараманға мен бермей,
Қалып турған ғаррымыздың көзи еди.

Қараман еккиңди бирдей көрмесем,
Сенлердиң арқаңда дәўран сүрмесем,
Нашар перзентимиз муңлы болады,
Ширкеў болар жайтасымды бермесем.

Аман-саў барғайсыз Қыпшақ еллерге,
Қылышты байларсаң, балам, беллерге,
Бермей қалып едим жалғыз балама,
Жайтас қутлы болсын балам сенлерге.

Әне бүл сез айтылып болғаннан кейин, Қуртқаны узатпақлыққа разылық берип, қыйлы ҳасыл ўәжлерди қызына берип, ақ күймеге миндирип, кемпир ырзаласып жыласып, ақ күймесин айдаўға алдына салып қул берип, хызметине күң берип узатты. Нешше айлар, нешше күнлер жол жүрип, Қапсығайлы Қара таўға келгенде, дәрбент жолға мингенде, күймени айдап алдына шығарып жиберди. Қуртқа кете берсин, Қоблан төбениң басына минип, төрт тәрепке қарап турса, алтыннан ерлер салынған, гүдары айыл шалынған, селеў отлап жүрген бир қара қасқа атты көреди. Қоблан жас жигитлик етип, «жолдағы олжаны таслап кетпейин» деп, барып атты услап, жетелеп жүре берди, ендиги сөзди ат ийесинен еситиңиз:
Аланғасар Әлип дәў,
Жатыр екен жол тосып,
Келе берди кейнинен,
«Тур ҳа, тур!»—деп тез басып,
Сары жайы қолында,
Жатқан екен мына дәў,
Қуртқаның жүрер жолында.
— Қанқызыл қасқа қара атым,
Бердим бала сизлерге,
Мен атыма ырзаман,
Қуртқаны берсең бизлерге.
Күтип енди жатырман,
Жүретуғын жолыңды,
Жете ғойсам изиңнен,
Байлайын еки қолыңды,
Қайда алып барасаң,
Қуртқадайын ярымды,
Тура тур, бала, тура тур,
Ағызайын қаныңды!
Меммендурман, мендурман,
Менменликке бел қойған,
Анаў турған Қуртқаға,
Ашық болған мендурман,
Тыңладың ба сен,—деди,—
Иркилип тур сен бала,
Геўдеңдеги жаныңыз,
Олжа болсын сизлерге.
Мынаў турған Қуртқаны
Қалдырып кет бизлерге,
Ким алса да Қуртқаны,
Қарсы алдына бараман,
Бир сынасып қаламан,
Басымды алсаң сен бала,
Изиңнен сонда қаламан,
Сенлердейин баланы,
Жер менен жексен қыламан!
Сонда турды мәрт Қоблан,
Бендеден қайтар ер емес,
Кеўли өскен баланың,
Жүреги дәўден кем емес,
Дәўлер менен мәрт Қоблан,
Қарсыласып келеди.
— Арша ағашқа оқ аттым,
Бир атқанда қулаттым,
Алла ығбал берген соң,
Атаңа нәлет бадҳайбат,
Алып кетип Қуртқаны,
Сендей түўе батшағар,
Не палўанды жылаттым,
Әрманлы болып сен қалма,
Бермеймен өлмей мен ярым,
Сен де мендей мәрт болсаң,
Алысыў мениң қумарым.

Бул сөзлер тамам болғаннан соң (ол ўақыттың палўанлары әўели ат сорасып, оннан соң жас сорасып, буннан кейин гезек салысар еди), дәў—«Жас бала екенсең, атысамысан, шабысамысаң, я тутысамысаң, тутысар жериңди айта қал»,—деди. Онда Қоблан:—«Жасы уллы сиз екенсиз, ҳәмелиң болса, ал»,—деди.
Әне бир-бирине үш мәртебеден гезек салып, дәўге нәўбет берди,—Алысқан алты атаңның басынан кетпесин, не де болса, аты- сайық,—деди дәў. Қоблан дәўдиң айбаты менен сымбатын әжептәўир көрди.
— Бунда келип, болдым дәўге дуўшакер,
Нелерге гезлеспес туўған батыр ер,
Налыс етип жаратқанға жылайман,
Көзим жасын селлер қылып булайман,
Мен жалғызбан қуўат бериң сыйындым,
Даўыттың улысаң, уллы Сулайман.

Бизлер болдық бул жерлерге бийқарар,
Мәдетти бергейсең халық еткен жаббар,
Ҳақтың жолын абат әйлеген Омар,
Кәрбалада шейит болған имамлар,

Белиме буўғаным жипектен пота,
Бенде едим, бастан-аяқ ҳақлықта,
Жалғыз едим, жәрдем бериң сыйындым,
Ийеси шөллердиң я Қызыр ата.

Қабыл болды тобасы,
Келди Қыдыр бабасы,
— Қорықпа, балам, дәўден,—деп
Айтты да кетти сөзини.
Қарсы турды мәрт Қоблан,
Кәпир дәўдиң өзине,
Ол ўақлары мына дәў,
Ийнинен жайын алады,
Кегейдей оғын салады.
Қоблан атлы баланы,
Байлап оқтың ушына,
Табанлап тартып қалады.
Тийгизбей оқты Қобланға,
Қаймығып кетти сарыала ат.

Сонда дәў сөйледи:
— Алдадың бизди сен бала,
Нәмәртлик етпе сен,—деди,—
Қарсы қарап тур—деди,
Қолына алып қылышты,
Қынабынан суўырып,
Еки бирдей палўанлар,
Жалғыз ҳаял себепли,
Майданда салған урысты,
Қобланның келди қасына,
Қылышларын көтерип,
Урмаға қайым болады.
Қызыр Ильяс бабасы,
Қалқан тутты басына,
Қылыш келип шық етти,
Аман қалды мәрт Қоблан.
—«Еки бермей нәўбетти,
Бир гезекти бер»,—деди.
«— Әжеп болар, бала»,—деп,
Қарсы қарап турады.
Сол ўақлары мәрт Қоблан,
Сары жайды қолға алды,
Қорамсаққа қол салды,
— Пирим Шахимәрдан!—деп,
Бабам Қызыр Ильяс,—деп,
— Ашықлардың пири,—деп,
— Ашық Зәўре, Тайыр,—деп
Арттырды мәртлер ғайратты,
Бисмилла,—деп жай тартты,—
Әлҳәмди,—деп оқ атты.
Дәўден өтип оқ кетти,
Жан жерине ол барып,
Жүрегинен оқ қапты,
Оқлар өтип кеткен соң,
— Қалдың Қуртқа бизден!—деп,
Қулашын жая қулапты.
Ақ қанжарын қолға алып,
Кесип дәўдиң геллесин,
Шүкир етип аллаға,
Қара атты жетелеп,
Өлтирип бала душпанын
Елине қарап жөнейди.
* * *
Тас басып, қум басып, елге, гә шөлде жеткен жерде мийман болып жөней берди. Нешше айлар жол жүрип, елге жақын келип, Көк орайлық, Көк Шумған деген жерге келип, Қуртқаны сол жерде қойып, елине хабар берди.
Қуртқаны көриўге ең алды менен жылқы баққан Қуралай келди.
Қуртқа да сыншы еди, көп жылқының ишинде бели қайқы кер бийе, маңлайы жазық сур бийе, көп жылқының басы еди, бир нышанды көреди.

Қуралайға сөйледи,
Сонда Қуртқа не деди:
Жылқы баққан жылқыман,
Көп жүрген болар сергиздан,
Айтатуғын зарым бар,
Жақын келши, қайнағам,
Көримлигиң сол болар,
Жуўсап турған кер бийе,
Арысыма байласаң,
Қайнаға билдим өзиңди,
Тыңла мениң сөзимди,
Алып келсең бийени,
Көрсетейин жүзимди.
Ол ўақлары Қуралай,
Бийеге барды жақынлай,
Услап алып бийени,
Бир көрмеге жүзини,
Кер бийедей бийени,
Ақ күймеге байлады,
Нықабын ашты Қуртқа жан,
Қуртқаның жүзин көрген соң,
Бийхуш болып Қуралай,
Еси кетип қулады,
Еси аўып бул жерде,
Есеңкиреп турады.

Қыпшақтың жигерли жигитлери атларға минип, қыз-келиншеклер, жигитлер ҳасыл кийимлерин кийип, Қуртқаның алдынан шықты. Қуртқа келгенлерге жүзин көрсетпеди.

Көсилген аяқ жыймады,
Келгенди көзге илмеди,
Шоры шелли көрмеди,
Қыпшақтың не бир жигитин,
Қулы шелли көрмеди,
Келген қыз бенен жигитке,
Айтты сөзди Қуртқа жан:
— Бий әдеп болып сөйлеймен,
Атам болған ғәриптен,
Мынаў турған кер бийе,
Көримликке сорайман.
Көримликке бермесе,
Алмасаңыз бийени,
Көсилген аяқ жыймайман,
Сенлерди қайним демеймен,
Бийкеш деп көзге илмеймен.
Қәтереңиз кеспесе,
Қыпшақ елге бармайман.
Көрмеймен сениң қалаңды,
Кейниме қайтып кетемен,
Барып қайыл қылыңлар,
Үлкен ғарры бабаңды!

Ол сөзлерди айтып болғаннан кейин, қызлар сол жерде қалады, жигитлер айланып жүреди, бир нешеси Қыдырбай ғаррының алдына барып, Қуртқаның айтқан жуўабын бир-бир баян қылады

— Айланайын хан ата,
Арзымды есит, жан ата,
Арзымды саған айтайын,
Халық тилегин бер, ата.
Кешеги келген ол жеңгем,
Қайтып кетсе кейнине,
Жалғыз ағам Қобланды,
Алып кетсе елине,
Неге бермей турыпсаң,
Қартайып қалған бийеңди?

Сонда атасы сөйледи:

— Жылама балам, жылама,
Айтайын гәптиң мен жөнин,
Көргенсиздиң баласы,
Ол көргенсиз болмаса,
Жаңа келген келиншек,
Салар ма малға ол қолын,
Бийеси қурысын, нетейин,
Малды талаў етейин,
Кер бийедей бийеге,
Шаўып еди суў тулпар,
Көргенимди айтайын,
Бере қойсам бийени,
Еркек қулын ол туўса,
Айрылғаным баламнан,
Отыр едим мен бермей,
Ҳарам өлгир себилди,
Көргенсиздиң баласы,
Бийени көрип таныған,
Ат болып минсе үстине,
Кеткени бизден мәрт Қоблан.
Бермегеним сол еди,
Не қылайын, халқым-аў,
Ала қойсын жан балам.

Әне бул сөзди айтып болғаннан кейин, қыз-жигитлердиң ўақты хош болып, узағына хат жиберип, жақын жерге ат жиберип, халыққа хабар салды, жигитлер ылақ ойнап, қыз-келиншектиң дөгерегин айланып Қоблан жатқан ордаға алып келип, келин қылып түсирди, кер бийедей бийени мынаў турған ордаға өзинен бурын киргизди. Әне шақырған адамлардан келип, алтын қабақ аттырып, тойда палўан туттырып, ылақ, байрақ шаптырып, 17 күн той берип, тойды да тақатты. Қуртқа жан кер бийени қырқ күн бақты, арадан қырқ күн өткенде кер бийеден қулын туўды, шын маңлайдан күн туўды, тобығында меңи бар, тоты қустай жаныўар, Қоблан мәртке миясар, Қуртқа оның аўзы-басын сыпырып, қулағына үрледи, емшегин аўзына салып, перзентим деп жүреди. Сырық алып қолына, байталды салып алдына, майданға қуўып жиберди. Қобланнан Қуртқа алты жыл мәўлет алды, арадан үш жыл өткенде елге ғалаўыт пайда болып, Қоблан Қуртқаға қарап бир сөз айтты.

Қуртқаға келип мәрт Қоблан.
Торы тайын тиледи,
Тилегенде бермеди,
Зорлық етип мәрт Қоблан,
Қуртқаның сонда қолынан,
Тартып алып жүреди.

Онда Қуртқа жылады:
— Қолдан зорлап алдың тайым,
Билмедиң султан ҳал-жайым,
Және үш жыл турғанда,
Қандай ҳайўан болса да,
Алар еди ол пайын.

Ендиги сөзди Қобланның қырқ жигитинен еситиңлер:—Ҳай Қоблан аға, буннан кетсек, ханның Қара көл, Сасық көл, Ләйлек көл, Қақрақ көл, Қорық көлиндеги сексен қулын өлтирсек, Қаршыға атлы қалмақты қулағы менен мурнын кесип ҳәм өзине жегизсек, «ханыңа айтып бар», деп жиберсек, қалай болар, оға — деди. Қоблан: — Әжеп болар, — деп қырқ жигитти кейнине ертип, ханның қадаған көлине барып, сексен қулын өлтирип, Қаршығаның қулақ мурнын кесип, нақ өзине жегизип, «бар, ханыңа айтып бар, зорлығым»,—деп жиберди. Қаршыға патшаның алдына барып, мына сөзлерди айтады:

— Тақсыр, ханым, дат,—деди,
— Арзық болса, айт,—деди.
Алты үйли Қара қыпшақтың,
Елди гезген саяғы,
Қоблан атлы гедейдиң,
Бизге тийди-аў таяғы,
Қәҳәрли бир ер екен.
Аўзы қанлы бөри екен,
Сексен қулым өлтирди,
Мәнисине келтирди,
Қаршыға атлы қалмақпан,
Қулақ-мурнымды кесип,
Нақ өзиме жедирди.
— Мине қылған зорлығым,—деп
Ханым сизге жиберди!—
Айтып болып бул сөзди,
Еңиз-теңиз жылады.

Сонда ол хан сөйледи:
— Мында келиң Қартхожа!
— Ағай бийин шақырды: —
Хан кисисин урғаны,
Ханға саўда салғаны,
Бий кисисин урғаны,
Бийдиң өлип қалғаны,
Ханға зорлық қылғаны,
Паймананың толғаны,
Еллерге жазың қағазды,
Жыйнап алың әскерди,
Қорғаншаға барайық,
Қатынын күң қылайық,
Жетиге шыққан сиңлисин,
Олжа қылып алайық,
Алып келген Қуртқасын,
Қатын қылып алайық,
Жаңа шыққан Қобланды,
Бүл ялғаншы дүньяға,
Шықпағандай қылайық,

Ақшахандай хан бул сөзди айтып болып, халыққа хат жазды, ўәзири Ағай бий, кеңесшиси Қартхожа бий, әскерлерди жыйнап алды. Қобланның үстине бармаға ықрар қылды. Қартхожа бий «ханым, арзым бар»,—деди. Ханы «не арзың бар?»—деди. Қартхожа бий ханға қарап, мына сөзди айтты:
— Қобланның ҳаслын сорасаң,
Рустемниң нәсили еди;
Тийкарғы атын сорасаң,
Дәсти Қыпшақ дер еди,
Қара Қыпшақ урыўы,
Ол айрылған ел еди,
Алты үйли Қыпшақтың,
Елди гезген саяғы,
Қоблан атлы батырдың,
Кимге тиймес таяғы,
Қоблан атлы батырға,
Қырқ мың ләшкер қол барса,
Қырғын болар деп еди,
Бул сапарды сен қойсаң,
Қырқ күн тамам тон берсең,
Қобланға атлы жиберсең,
Қобланды тойға шақырсаң,
Шақырған тойға ол келер,
Отаўдан орынлар берип,
Тойдан орын бермесең,
Қоблан аршыл, деп еди,
Усыны исле сен ханым,
Сонкан өлер, деп еди,
Мәгәр оннан өлмесе,
Ақсуўат деген жерлерден,
Хожахмет еккен байтерек,
Соннан атты шаптырсаң,
Аты қалса шөллерде,
Буннан өлер, деп еди,
Егер буннан өлмесе,
Бөке дәўдей палўан менен,
Гүресиўге салсаң сен,
Соннан өлер, деп еди.
Мәгәр оннан өлмесе,
Азыўдың аўыр шәҳәринде,
Көбиклидей дәўи бар,
Соннан өлер деп еди.
Буннан да ол өлмесе,
Айналмас Гәўирди,
Буны алар, деп еди.
Атқыз оқты сақпанша,
Шәменбет дәў журтында,
Қоблан өлер, деп еди,
Ала-лай менен була-лай,
Буны алар, деп еди,
Ақ кермен менен жан кермен,
Буны алар деп еди,
Ақлығы менен шаўлығы,
Жети журтқа Қобланның,
Патша болар, деп еди.

Бул сөзлерди айтып болғаннан кейин, ханға мақул түсип, ҳәр аўылға үй салып, той әнжамын тутып, хан жар салдырды. Ат шаптырып далаға, жар салдырып қалаға, «гүреспаз палўан болсаң, қошқарпаз болсаң, атшабар болсаң, бақсы-жыраў болсаң, келе бересең» деп дағаза қылды. Қобланға да қос атлыны жиберип, Қобланды да тойға шақырды. Қоблан шақырған тойға келди. тойдан үлесин бермеди. Қоблан қырқ жигитине:—Қырқ жигитим, турыңлар, барлығың атқа миниңлер, еки көзди аттың қос қулағының арасынан айырмай жүриңлер: хан алдына барамыз, ийилип сәлем беремиз, сәлемди алса, алғаны, егер сәлем алмаса, ийегимди қағарман, Ақшахандай ханның егленбей басын алыңлар,-деди. Ақшахан да «Қоблан келгенде, сәлем бергенде, сәлемин алып, днзеңди қозғап жай берсеңизлер, өзиңиз өлимдар, малыңыз патшалық» деп, ескертип қойып, бәс пенен отырған еди.
Қоблан тар көше менен жүрди ҳәм ханға келди, аттан жерге түсип, ийилип сәлем берип киреди. Арўағы зор, периштеси басым Қоблан кирип келгенде хан өзи баслап, оң қапталынан жай берди. Азанда келген Қоблан, сәскеге шекем отырды, ҳеш адам сөз айта алмады. Хан Қартхожа бийге сөз берди:

Хан алдында Қартхожа бий,
Ханға арқасын сүйейди,
Қобланға қарап сөйлейди:
— Атаңа нәлет, ноғайлы,
Бабана нәлет, ноғайлы,
Жайлаўға үйин қондырып,
Қорыққа малын жайдырып,
Ханның қулын өлтирип,
Көрдиң бе ханды оңайлы
Ханға зорлық қылғаның
Малыңды әкеп жайғаның,
Елден шығып ат шапқаның,
Қайсы ханның деми еди,
Шақан улы Ақшахан,
Қай ханыңнан кем еди,
Атаң еди Қыдырбай,
Тоғыз түлик малы бар,
Тоғыз мың ләшкер дедиң бе,
Ақшаханның алдына,
Жәлладлардың қолына,
Атаңа нәлет, Қоблан сен,
Өлмеймен деп келдиң бе!

Бул сөзди айтып болғаннан кейин, Қобланның қатты қәҳәри келип, түклери тебендей шаншылып мынаны айтты:

— Атаңа нәлет Қартхожа,
Бабаңа нәлет, Қартхожа,
Сен тилиңди тарт, хожа,
Ханның аўзы сенбедиң,
Бийдиң аўзы сенбедиң,
Басың көтер Қартхожа,
Кимлер айтты хожа деп,
Ҳийлекер шайтан сен хожа,
Жазлаўға малым жайдырсам,
Өзимниң қойған бағатым,
Жети атадан бермаған,
Суў жиберген көлатым,
Бунда ханның неси бар.
Үш ай он күн жол жүрип,
Арша ағашын қулатып,
Сексен палўан жылатып,
Сейдимхан батыр елинен,
Қыз Қуртқаны келтирсем,
Бунда ханның неси бар.
Өзимниң ғайрат күшимде,
Бунда ханның неси бар.
Сойдым өзим малымды,
Шаштым алтын пулымды,
Бунда ханның неси бар.
Өлтирсем, мен өлтирдим,
Өзимниң анық қулымды,
Әўладыман Шыңғыстың,
Тахт үстинде Ақшахан,
Ақшаханның атасы,
Журт сораған Шақан хан,
Шақан ханның атасы,
Қанушадай ғарры қул,
Енеси еди Хандыр бий,
Дәўлетим келген шағында,
Түйемди баққан қулымды,
Тезек терген күңимди,
Қәҳәрим келсе Қартхожа,
Қараша қулдай көрмеймен,
Тахт үстинде ханыңды.
Көп сөйлеме Қартхожа,
Алайын ба жаныңды,
Ишейин бе қаныңды?!

Әне, сөз айтылып болғаннан кейин «қорықпасақ сыбырлаймысаң»,—дегендей «неге айттырдым» деген күн туўып. Ақшахан Қартхожа бийге бир сөз айтып турған усайды.
— Ҳаў Қартхожа, Қартхожа,
Сен тилинди тарт, хожа,
Ырылдайсаң, қаппайсаң,
Айтар гәпиң таппайсаң,
Қоблан түўе бәтшағар,
Бизлерге де жақпайсаң,
Қоблан түўе бәтшағар,
Айтар гәплер ол ма еди,
Ханның дәрти қул ма еди,
Айтсаң бойма бул сөзди,
Үш ай он күн жол жүрип,
Қатаған Ноғай елинен,
Қараманның халқынан,
Арша ағашты қулатып,
Палўанларды жылатып,
Ақ күймеге мингизип,
Қыз Қуртқаны әкелди,
Аланғасар Әлип дәў,
Әлип дәўди өлтирип,
Сәтине исин келтирип,
Батырлығын билдирип,
Он жети күн той берди,
Ханым деп атлы келмеди,
Атам деп мүше бермеди,
Буннан өкпем бар еди,
Айтсаң бойма бул сөзди.
Және қырқ күн той бердим,
Үш мәртебе ат жибердим,
Шақырттым, Қоблан келмеди,
Буннан өкпем бар еди,
Айтсаң бойма бул сөзди.
Қазақ халқы атынан,
Келип еди алты бий,
Шақырттым, Қоблан келмеди,
Буннан да өкпем бар еди.
Кенегестен Керим бий,
Алмаўыттан Өмир бий,
Бул да келди Қартхожа,
Шақырттым, Қоблан келмеди.
Түркменнен шығып алты бий,
Бул да келди Қартхожа,
Шақырттым, Қоблан келмеди,
Буннан өкпем бар еди.
Төрт мың үйли Дулурдан,
Буннан да келди ғой төрт бий,
Шақырттым, Қоблан келмеди,
Буннан да өкпем бар еди.
Шымамнан келди жети бий,
Шақырттым, Қоблан келмеди,
Сексен үйли хожа да,
Сары хожа, Қәмбил бий,
Шақырттым, Қоблан келмеди,
Қулы қурысын, нетейин,
Дүнья қурысын, нетейин,
Жатқан ғана жыланның,
Қуйрығын бастың сен,—деди,
Бүйтип берген той қурысын,
Қоблан атлы жалғыздан
Қорқып өскен бой қурысын,
Отаўдан орнын бер,—деди,-
Тойдан үлес бер,—деди,—
Өзи батыр ер екен,
Жайғастырып кел,—деди,—
Жаны, мүлким сеники,
Хожам жан өзин бил,—деди.

Бул сөзди айтып болғаннан кейин «патшадан ҳүким болғанда, ўәзирде не ықтыяр»,—дегендей ақ отаўдан орын, тойдан үлес берип, жайғастырып келди. Ерте менен турып, ат шаптырып далаға, жар салдырып қалаға ғалаўыт салды араға:

Он сегиз дийўан шығыпты,
Атты хатлап алмаға,
Нешше дүркин ат шығыпты,
Ақмешитке бармаға,
Хан байрағы қырқ ғашыр,
Қырқ ғашыр зерин алмаға,
Көкленнен шығып тоғыз ат,
Көллиден шығып ҳәм бес ат,
Бул да кетти байраққа.
Жалайырдан жалғыз ат,
Үйсиннен шығып үш ат,
Бул да кетти байраққа,
Найманнан шығып сегиз ат,
Бул да кетти байраққа,
Шубардан шығып төрт ат,
Төрт мың үйли дәрменнен,
Буннан да шықты төрт ат,
Айыл жетпес ала ат,
Қуйысқан жетпес қула ат,
Балаларға басшы қып,
Жиберипти тағы да,
Ҳақтың улы Полатты,
Ақшахан минген көк атты.
Есабын дийўан алады,
Есапқа алып ол турса,
Бир кем тоқсан болады.
Атадан жалғыз Қобланға,
Қара Қыпшақ халқынан,
Қытай, Қыпшақ журтынан,
Ат шабар бала бармады,
Уллытаў деди қышқырды,
Тоқсаба деп жылады,
Уранын айтты шырлады,
Жеккелик келип басына,
Жалғызлық келип турады.

Булардан кейин Қоблан турып, «Ҳәй қырқ жигит, мингениңиз егиз бе, баққаныңыз доңыз ба»,—деди. Қырқ жигиттиң ишинде Шамай менен Дуғдар қасына жуўырып келеди. «Қоблан аға, неге қәҳәриң келип тур»,—дейди. Өлгениңниң гөрине қәҳәрим келеди, — дейди Қоблан. — Ат шабарға атың болмаса, дәрт, тойда үлесиң болмаса, той емес бир түрли ой. Қара Қыпшақ халқынан ат шабарға ылайық бала жоқ па, қуўып келши тезирек,—дейди.
Баланың дәреги ҳеш жерде жоқ болған соң атына қамшы урып Шамай жөней берди. Кетип баратырса, бир гөне тамның қуяшламасында ақ шыбын менен айқасқан, көк шыбын менен гүрескен, шыбынлар менен тирескен, аязға басы тырысқан, көп шыбын менен урысқан, нардай бели бүгилген, басына қонған шыбынның аяғы тайып жығылған, басы шийшедей жылтыраған бир таз баланы Қобланның алдына зиңилетип қуўып келди. Қоблан, «бул не бала»,—дейди, Шамай сонда «ақшамы менен аязға басы тырысса, күни менен шыбын менен урысса, уйқыға сергегирек болады, буннан артық бала неге керек».—дейди. Қоблан сонда, «ат шабармысаң, бала»,—дейди. Бала «Қуда сақлағай, аға, бирақ гәпиң жерде қалмасын, шапсам, шабайын, қырқ қулаш арқанды ал, аяқ-қолымды беккем етип ерге таңыңлар, барғанша жерге түспек жоқ, урҳа-урр-баса-бас пенен барсам, барып келе қояйын»,— деди. Буннан кейин Қоблан темендегилерди айтады:

Саған атты бергенше,
Әрманлы болып қалғанша,
Қоңылтақ ерди салайыи,
Ҳаққа қуллық қылайын,
Бизлер дейин жалғызға,
Мәдет бергей қудайым,
Өзим-ақ шаба қалайын, —
Деп қоңылтақ ер салады,
Ҳаққа қуллық қылады,
Ақшаханның алдына,
Ат ойнатып барады,
— Журт ийеси ханымыз,
Байрақ не?—деп сорады.
Сонда Ақшахан сөйледи:
— Минген бедеў желер,—деп,
Мәртлик дәўран сүрер,—деп,
Ат байрақтың басына,
Қырқта ғашыр зер қойдым,
Өзим минген көк атым,
Оздырып келип Полатым,
Ат байрақтан келер, — деп.
Ат шаппаған даладан
Зар жылаған мәрт Қоблан
Бир кем тоқсан баллардың,
Кеткенине жигитлер,
Бир күн өткен арадан.
Тәўекел етип кейнинен,
Қуўғыншы болды мәрт Қоблан,
Өрме қумнан өрмелеп,
Оннан өтип барады,
Еспе қумнан еспелеп
Ерисип атлар, жөнеди,
Алдым бийик, артым жар,
Айланбаққа жерим тар,
Жығылар болсам әй жаббар,
Сүринер болсам бириўбар!
Он еки иймам, төрт шәрьяр,
Ҳалымнан болған хабардар,
Он бир Аҳмед, жети Султан
Сизлер болың мәдеткәр,
Мәдийнада Муҳаммед,
Түркстанда Хожаҳмет,
Ҳақ та жалғыз, мен жалғыз,
Мүшкилим қарап әйлеме,
Қуўат бергил бириўбар!
Шүў жаныўар, шүў!—деди.
Қоблан минген торыша,
Шүў деп қамшы урғанда,
Сары жайдың оғындай,
Шертилил жарықлық жөнеди,
Ол төбе менен бул төбе,
Баўырында ойнап барады,
Жеткен жерге қонады,
Шағым менен жол жүрип,
Салқын менен өндирип,
Атлар ойнап барады.
Таў жүйриги ақ кийик,
Қулан менен жарысып,
Жете алмай сегбир қылады.
Селеўден атын отлатып,
Шәшмеден атын суўғарып,
Арадан бес күн еткенде,
Балалардың изинен,
Ат ойнатып барады.
Балалар қамшы урады,
Қоблан да қамшы салады.
Ат есабын алады,
Айыл жетпес ала аты,
Қуйысқан жетпес қула аты,
Ақшаханның көк аты,
Алдын баслап барады.
Арадан он күн өткенде,
Дәрбентке олар жеткенде,
Ақщахан минген көк атқа,
Зәңгилесип барады.

Ҳақтың улы Полат Қобланға қарап, өзин мәрт билип, Қобланды нәмәрт билип, көкти тулпар санап, торышаны ябы санап, «қайт кейниңе, Қоблан», деп мынаны айтты:

— Атлар шаппай бул майданда раўана,
Мәдет бергей пирим Шәҳимардана,
Бундай жолға торы тайың жарамас,
Абырай барда қайт кейниңе, Қобланым!

Саўаш болмай бедеў жалын тарамас,
Тарыққанда пирлер, ҳалдан сорамас,
Абырай барда қайт кейниңе, Қоблан сен,
Бундай тайың бул жолларда жарамас.

Ат сүринер бәлент таўда дойнақтан,
Ҳаслың жалғыз сен қайтарсаң ғайраттан,
Абырай барда қайт кейниңе, Қоблан сен,
Көк ат барда үмит етпе байрақтан.

Сонда Қоблан сөйледи:

— Минген бедеў дағыстанда желеди,
Мөҳмин болсаң қуданы бир бил, — деди,
— Әўлийе болсаң көзиң, салып көр,—деди,—
Сол атлардан кимниң аты кем еди.

Жерлер ләрзем берер еткен, пәрияттан,
Өзиң нәмәрт сен қайтарсаң ғайраттан,
Әўлийе болсаң көзиң менен көр,—деди,—
Алла сүйген бенде өтер байрақтан.

Бул демиңнен ол демиңди дем деме,
Сен Полатсаң, ондай сөзди сөйлеме,
Бахты жеңген бенде өтер байрақтан,
Торы тайды көк атыңнан кем деме.

Ат сүринер бийик таўда тасыңды,
Ағызарман мен көзиңнен жасыңды,
Ат себепли ондай сөзди сөйлесең,
Ендигиде мен кесермен басыңды.

Бул сөзлерди айтып болғаннан кейин Ҳақтың улы Полат Қобланға қарап, ердиң ерлигин билип, «дос болайық», деп бир сөз айтты:

— Мен жылайман өз ҳалыма зар-зар,
Сенлер менен дуўшар қылды бириўбар,
Қулағың сал, тыңлай бергил мәрт Қоблан,
Мен Полатпан, айтатуғын арзым бар.

Ат сүринер бәлент таўда тизине,
Султанымсаң, қулағың сал сөзиме,
Мен Полатпан, айтатуғын арзым сол,
Қыяметлик дос болдым мен өзиңе.

Бедеўге мингенде саррас жол,—деди,—
Батыр болсаң берман жақын кел,—деди,—
Қыяметлик дос болдым мен сендейге,
Ханның аты көк атқа сен мин,—деди.

Өмирим мениң бул дүньяда зая ма,
Дос болғанның сөзи еки бола ма,
Кел, ҳа Қоблан, мингесейик кел,—деди,—
Ханның аты көк атты сен аяма.

Сонда Қоблан сөйледи:

— Талан болмағай дүнья-мал,
Бендем дегей ҳақ жаббар,
Достым да болсаң, Полат жан,
Айдай бер атты жана-жан,
Ат шапқан майдан пәриятта,
Ханыңыз қайтса ғайраттан,
Көзиңнен сениң торы тай,
Озып барса байрақтан.
Ат шаппас майдан лалазар,
Қоблан жан атқа минди деп,
Айтып барса көп балалар,
Жары жолдан қаштың деп,
Хан әйлер пейли тарлықты,
Байрақты бермей Ақшахан,
Хан қылар әбден зорлықты,
Атадан жалғыз Қобланға,
Өлимнен жаман қорлықты,
Достым болсаң майданда,
Айдай бергил Полат жан,
Сизде абрай барлықта.
Полат пенен мәрт Қоблан,
Дос болып бул майданда,
Аттың басын бурады,
Еки бирдей бедеўди,
Қайырып жолға салады,
Бир кем тоқсан көп атлар,
Кейнинен қалмай барады,
Тақыр жерге келгенде,
Тай да зорлық қылады.
Қумлақ жерге келгенде,
Көк ат зорлық қылады.
Бир кем тоқсан кеп балалар,
Кейнинен қуўып барады.
Ақшахан минген көк аттың,
Ҳаслы затын сорасаң,
Қоблан минген торы ат пенен
Аталас еди жаныўар,
Жел бийеден туўыпты,
Суў тулпардан болыпты,
Ақтың таўын жайлаған,
Ҳасылы Қарабайырды.
Алты мың үйли алшыннан,
Асып түсип барады.
Төрт мың үйли Дәррменнен,
Дөнип өтип барады.
Қызыл қумның үстинен,
Қырқып өтип барады.
Есаплап олар санаса,
Қырқ та мезгил болады,
Қырқ та мезгил болғанда,
Жигирма күнлер толғанда,
Полат пенен мәрт Қоблан,
Көзлерин таслап қарады,
Атлардың жалы өрилди,
Жете билмей телмирди,
Кәмбил пирдиң еллери,
Қоблан атлы батырға,
Байдақланып көринди,
Ат шомылды терлерге,
Сыйынды мәртлер пирлерге,
Қоблан да таяр болады,
Полат пенен екеўи.
Сары хожа Кәмбил пирдиң,
Мешит салып белгили,
Туўын тиккен жерлерге.

Буннан кейин, Полат Ақшахан жиберген он еки мүше, тоғыз жағалы сыйлықты хожалардың алдына қойды, Ақшаханның пәтиясын берсин деген сораўын да айтты. «Алтын көрсе периште жолдан шығар» деген, алған сыйлықты бөлисе алмай, төбелесип атырғанда, Қобланның Қызыр Ильяс бабасы есикке таяр болды, хожаларға қарап мынаны айтты:

— Бәршеңиз жыладың ҳаққа зар-зар,
Хожалар боларсаң бүйтсең, қоры-зар,
Ханның берген инамларын алмаңлар,
Үйиң күйсин сексен үйли көп хожа!

Ашылмайын таза гүлдей солмаңлар,
Өзиң хожа такаббырлық қылмаңлар,
Үйиң күйсин, сексен үйли көп хожа,
Ханның берген ҳарам малын алмаңлар,

Бастан кетпес қайғы менен зәҳмети,
Қоблан жанға жаўғай қудай раҳмети,
Наймыт ханның той бергендей неси бар,
Қаст еткени Қыдырбайдың перзенти,

Алла рәҳим еткей бундай париядқа,
Қобланды қоймаңыз уллы уятқа,
Кәпир ханның инамларын алсаңлар,
Сиз барасыз гүналы боп дозаққа.

Сегбир әйлеп қыя шөлде жүрермен,
Өзим алым, ҳақ санасын билермен,
Бул сөзимниң мәнисин бил хожалар,
Қоблан жанның Қызыр Ильяс пиримен.

Шоршып кетти хожа пирдиң сөзинен,
Мәрттиң хабар алды баба өзинен,
Айтып болды көп хожаға сөзлерин,
Песин ўақта ғайып болды көзинен.

Бул сөзлерди айтып болғаннан кейин хожалар Полатқа айтты:

— Атты шаўып өтиңлер, бәршеңди көрип қалайық, ҳәммеге тең пәтия берейик, — деди. Ат қашырар жерлери хожалардың аржағында бир сәскелик жол еди, атланып кетип күн батар ўақта Ақсуўат деген жерге, жетти, сол жерге мийман болды. Ерте менен турды, ат есабын алды, бир сызық алды, ҳәмме атты теңгерди, сонша аттың ишинен бир ҳайўанды кем көрди, кимниң дегенде Қобланның аты дей берди. Минген бедеў желди ме, мәртлик дәўран сүрди ме, аты жолда жарамай, достым Қоблан өлди ме, деп Полат ар жағына қараса Қобланның минген торы аты бир майданлықтың аржағында байдақланып көринди. Полат берман кел десе, Қоблан аррағырақ кетти.

Полат жан «берман кел» деп бир сөз айтты:

— Қурылып тур бул басыма зимистан,
Мәдетти бергейлер халық еткен субҳан,
Ҳәлек қылма, Қуртқа баққан тайларды,
Бул сөзди ядқа ал, достым мәрт Қоблан.

Достым болған мәрт Қоблан,
Бүйерге кел де, бирге қаш,
Он төрттен гәўҳар айларды,
Яд етип қәдир жаббарды,
Бул жерге кел де, бирге қаш,
Ҳәлек қылмай жан достым,
Қуртқа баққан тайларды,
Мингенде бедеў желер деп,
Мәртлик дәўран сүрер деп,
Сенлерди шарлап турғанман,
Дослыққа мәлел келер деп
Бул жерге кел де, бирге қаш,
Достым болған, Қоблан жан?

Сонда Қоблан сөйледи:
— Ашық оты лалазар,
Алладан басқа кимим бар,
Қашыра бер атыңды,
Сеннен қалған қатынды.
Достым болған, Полатжан,
Ашылмай гүллер солмайды,
Тилегиң қабыл болмайды,
Қашыра бер атыңды!
Дослыққа мәлел келмейди,
Қашыр атың сен—дейди! —
Ҳақ жолында Исмайыл,
Ол кәбаны салдырған,
Я Ибрайым, я Қәлил,
Мәдет бергей торы тайға,
Әўели Жәлил Жабрайыл.
Торы ат барса байрақтан,
Хан әйлер пейли тарлықтан,
Байрақ бермей Ақшахан,
Жары жолдан қаштың деп,
Ханың қылар зорлықты,
Алдыңызды алла ашсын,
Бердим достым жуўапты,
Сол ўақлары Полат жан,
Хожаларға бир қарап,
— Ат шаппас майдан далалар,
Жабрайыл деп жылаңлар,
Қоблан берди жуўапты,
Ат қашырың балалар,
Ақ мешиттиң арты жол,
Адасқанның алды жөн,
Алдыңызды алла ашсын,
Алла ақбар, көп балалар!

Бул сөзлерди еситип,
Бири кем тоқсан балалар,
Ат қашырып жөнеди.
Атадан жалғыз мәрт Қоблан
Асықпайды мәрт Қоблан,
Аттан жерге түседи,
Айылын айттың шешеди,
Қайтадан ер салады,
Түсерликке келгенде,
Ер мойнына кетер деп,
Қос қуйысқан салады,
Өрмелеспе келгенде,
Ер кейнине кетер деп,
Қос сийнемет салады,
Шам айылын нық тартып,
Алғы айылын узайтып,
Қублаға басын қаратып
Секирип атқа минеди,
Я жаратқан алла, деп,
Пирим Шаҳимардан, деп,
Бабам Қызыр Ильяс, деп,
Яр бола көр Субҳан, деп,
«Шүў!» деп Қоблан жөнеди,
Астындағы торыша,
Түўесилмей шабысы,
Жаңа қашқан қояндай,
Топлымнан қашқан қунандай,
Секирип ойнап барады.
Аспаннан келди бес тырна,
Тырна емес еренлер,
Ат танапқа қол салды.
Тырна болып келгенлер
Пирден мәдет болған соң,
Толықсып аққан дәрьядай,
Жүз тоқсанлық жорғадай,
Толқысып ойнап барады,
Жүйриклиги атлардың,
Ушқан қус пенен жарысты,
Алдында қашқан балалардың,
Кейнинен жақын барады,
Тасып өтип торыша ат,
Балалардың алды менен,
Әйне песин ўақтында,
Сары хожа Қәмбил пир,
Дәрет алған жерине,
Қоблан таяр болады.
Ассалаўма әлейкум, деп,
Ҳақ сәлемин береди,
Сары хожа Қәмбил пир,
Сәлемин әлик алады.

Булардан кейин, Қәмбил пир Қобланға қарап, «аттан түс, мийман бол» деп, мынаны айтты:

— Талап болсын бул жерлерде жыйған мал,
Мәдетти бергейлер халық еткен суҳбан,
Мендей Қәмбил пириң сизден айлансын,
Бир күн қонақ болып кеткил зүриятым.

Рустемдей болғай сениң айбатың,
Дүлдүлдей болғайлар минген торы атың,
Қәмбил пирден алма балам бәддуўа,
Бир күн қонақ болып кеткил зүриятым,

Ақшахан сизлерге душпан болыпты,
Қәмбил пириң балам саған жолықты,
Қәмбил пирден алғыл балам пәтия,
Ат қулағында зәрре терлер қалыпты.

Сонда Қоблан сөйледи:
— Қурылғанда бул басыма зимистан,
Бизлер келген жигербентиң балаңман,
Бүгин қонсақ атым жолдан қалмай ма,
Пирим болсаң пәтия бергил, баба жан,

Дәўлетим бар, жыйған көплеп малым бар,
Қурбанлық әйлеген шийрин жаным бар,
Пир де болсаң пәтия бер де қала бер,
Ол елимде Ақшахандай ханым бар.

Ашылмайын таза гүлим солмай ма,
Торы тайым озбай кейин қалмай ма,
Пәтия берип қала бергил баба жан,
Биз жалғызға көп зимистан болмай ма!

Пир деп туттым пешиңнен,
Пәтия бер, Кәмбил пир,
Ер деп туттым етектен,
Пәтия бер, Кәмбил пир,
Әлўан деп туттым шақаңнан,
Пәтия бер, Кәмбил пир,
Муштай тайға мингенмен,
Қаларымды билгенмен,
Ар-намысқа шыдамай,
Сизге исенип келгенмен,
Пәтия бер, Кәмбил пир,
Атым барса байрақтан,
Арымды алсам қалмақтан,
Абырайы бизики,
Барлық байрақ қудайы,
Ат байрағы сизики,
Пәтия бер, Кәмбил пир.

Сонда пир сөйледи:

— Минген бедеў қамшы урсаң желеди,
Ғапыл бенде әжел жетсе, өледи,
Бир адамның кеўлин бузған, шырағым,
Мың кәбаны бузған киби болады,
Гә қонғыл, гә қонбағыл өзиң бил, — деп жылады.

Бул сөзлер айтылып болғаннан кейин, «ат қалса, қалсын, мың кәба бузылмасын»,—деп сол күни мийман болды. Елдиң шети жатқанда, от қызылы батқанда, кейнинде қалған атлардың барлығы гүўлесип өтти. Сонда хожалар, «Ҳей, Полат жан, бир азырақ турып кет, пирден пәтия алып кет» деп қыйқыў салды. Онда Полат сөйледи, «дәркар емес пәтияң, айдарға мал қыла бер, шайнарға нан қыла бер, дәркар емес пәтияң. Атқа таққан андызы, Қыдырбайдың жалғызы пәтияңды соған бер, майданға тиккен тереги, жаўлы күни кереги, пәтияңды соған бер, пәтия берип қалмасаң, алдыма сүйреп салмасаң, батыл болғайсаң Кәмбил пир» - деп олда қайрылмай раўана болды. Хожалар гезек пе гезек ат суўытты, жәбир менен қан жутты. Үш мәртебе ат суўғарып, таң алдында тер алды, аттан тер алмақ сол хожадан қалып еди, ағарып таң атты. Хожалар бәри жыйылып пәтия берип, Қоблан жанды узатты. Еки ярым күн өткенде баяғы хожаға ўәсият берген бабасы Қобланның алдынан шығып жолда көрген ислерин бир-бир баян етти:

—Жалғыз балам мәрт Қоблан,
Сабыр әйле бир заман,
Сабыр етсең рәҳмет бар,
Бийсабырға нәлет бар,
Сабыр еткил, Қоблан жан,
Ат тарықпай жол жүрмес,
Ер тарықпай күн көрмес,
Ат тарыққан жеринде,
Менменликти ойлама,
Бул кеткеннен кетерсең,
Жолды мәскән етерсең,
Үш күн тамам жол жүрип,
Ана кеткен балалардың,
Кейининен қуўып жетерсең,
Кейининен қуўып барарсаң,
Адасқанның алды жөн,
Адасып балалар баратқан,
«Жол қалды мында балалар!» деп,
Үш мәртебе шарларсан,
Еситпеген көп балалар,
Еситпестен ол кетер,
Шапқан аттың изи менен,
Кеткен Полат изи менен,
Кейнинен атлар саларсаң,
Бир ярым күн өткенде,
Полатты қуўып барарсаң,
Ақтаўдан төмен түскенде,
Қосылысып түсерсең,
Шығарлыққа келгенде,
Ақшахан минген көк аттың,
Қуйрығынан бир тислеп,
Зордан атың шығады,
Таў үстине минген соң,
Еки бирдей бедеў ат,
Үш күн тынбай шабысар,
Арадан он күн өткенде,
Шабысын атың толтырар,
Ғамгүнге кеўлиң толтырар,
Қызыл жүзин солдырар,
Қапсығайлы Қара таў,
Қара таўға келгенде,
Шабысын атың толтырар,
Көзиңнен жасың төгилер,
Нардай белиң бүгилер,
Астыңдағы торы атың,
Әбден шаршап жығылар,
Ат жығылған жеринде,
Әўел айтсаң алланы,
Яд етсең биздей бабаңды,
Ийшалла мәдет берермиз,
Жылаўыңда жүрермиз,
Мен-менликти ойласаң,
Қолыңа қанжар сен алсаң,
Турмады атым деп шалсаң,
Жылаўыңнан аларман,
Таўлап жерге урарман,
Қарын киби сенлерди,
Қара жерге тарттырып,
Жерге жемтик қыларман.
Оннан арман өткен соң,
Үш күн тамам жүрген соң,
Ҳақтың улы Полатқа,
Ат ойнатып барарсаң,
Ат дәрбентке барғанда,
Барып мийман болғанда,
Нелерден не көрерсең,
Уйқылап жатып түс көрип,
Жети гүлгин кесеңди,
Үш дийўана бабаңды,
Жети бирдей ақ гүмбез,
Жубы емес, тақ гүмбез,
Ол гүмбезди көрерсең,
Жети кесе шарап ишерсең,
Оннан арман өткен соң,
Атың барар байраққа,
Ар аларсаң душпаннан,
Менменликти ойлама,
Кишиликти ойлай көр,
Жалғыз балам мәрт Қоблан,
Алдыңызды алла ашсын,
Бар кете бер, Қоблан жан.

Пирден жуўап алады,
Атын жолға салады,
Жолға раўана болады,
Балалардың кейининен,
Қоблан қуўып барады,
Арадан үш күн өткенде,
Пири айтқан жеринде,
Балалардың изинен,
Жақынлап Қоблан қалады,
Көзлер таслап қарады,
Адасқанның алды жөн,
Адасып балалар баратқан,
«Жол қалды мында балалар!» деп,
Үш мәртебе шарлады,
Балалардың қулағын,
Жабрайыл беккем байлады,
Қыйқыўлаған даўысы,
Балаларға бармады.
Полаттың кеткен изинен,
Ат салып Қоблан жөнеди,
Табаны тасқа тақылдап,
Азыў тиси шақылдап,
Қуйысқаны шырпылдап,
Аўзынан аққан ақ көбик,
Омыраўға шарпылдап,
Ҳәр бир майдан жерлерде,
Шабысына шыдамай,
Жабрайыл деп шырқырап,
Ат шаўып Қоблан жөнеди,
Бир күн жүзи толғанда,
Айыл жетпес ала аттың,
Қуўып жетти соңынан,
Жеткен жерде қонады,
Гәҳи жерде түсленип,
Булақтан алып суў берип,
Селеўден жақсы отлатып,
Және бир күн болғанда,
Бес күн жүзи толғанда,
Қуйысқан жетпес қула атқа,
Зәңгилесип барады,
Қайда кетти көк ат деп,
Ол балалардан сорады,
«Айралық жәбири өткели,
Бизди ҳайран еткели,
Еки күн жүзи болыпты,
Бизден озып кеткели», —
Бул гәплерди еситип,
Атадан жалғыз мәрт Қоблан
Алла бергей мурадым,
Қайтпағай сениң ғайратың,
Шүў жаныўар, торы атым,
Шүў, деп қамшы урады.
Астындағы торыша ат,
Қанатқа пәрман қылады,
Гә ушып, гә қонады,
Ақ кийиктей секирип,
Толқысып ойнап барады,
Және үш күн толғанда,
Ақшахан минген көк атқа,
Қапталласып барады,
Және бир күн тарысып,
Таў үстинде шабысып,
Бир күн тамам жарысып,
Қапсығайлы Қара таў,
Қара таўға келгенде,
Таўдан төмен түскенде,
Әжизлик етип торы тай,
Ғамгүн кеўлин толтырды,
Қызыл жүзин солдырды,
Әжизлик етип торы тай,
Жары жолда болдырды,
Қоблан ҳаққа жылады,
Таўдан төмен түскенде,
Аттан Қоблан қулады.
Қоблан қыял етти, «мениңдей жалғыздың аты жары жолда жарамай қалғаннан бий әжел өлим жақсырақ емес пе», деп пышақты қолына алып, торы аттың жанына барып, шалмаққа қайым болды, шалайын деген ўақтында ат басындай сомжүрек сарайына сыймады, нени умытты десе, қуданы умытып, пириниң айтқаны ядынан шыққан екен. Мойнына пота салып, таўдың басына минип, «я жанымды ал, я торы атқа қуўат бер» деп мыналарды айтты:

— Мен жылайман өз ҳалыма зар-зар,
Бенде едим, сизден басқа кимим бар,
Торы атқа қуўат бергил, сыйындым,
Жоқтан бизди бар әйлеген бир жаббар,
Я болмаса мен жалғыздың жанын ал.

Бәршаны халық етип жараттың алла,
Менменлик ойласам мың түрли бәле,
Торы атыма қуўат бергил, сыйындым,
Алланың досты сенсең Мустапа.

Атың Қызыр Ильяс әлемге белли,
Жалғыз өлсе, паяны жоқ мәнзили,
Торы атыма қуўат бергил, сыйындым,
Қызыр бабам, мен балаңның сен пири.

Ат сүринер бийик таўда қыя тас,
Кемлик пенен ақты көзден селли жас,
Торы атыма қуўат бериң сыйындым,
Шөллердиң ийеси, сен Қызыр Ильяс.

Зар жылады мөҳмин елдиң баласы,
Тилегин қабыллап мәрттиң алласы,
Зар-зар жылап шөлде Қоблан турғанда,
Қабыл болды Қоблан ердиң көз-жасы.

«Тарыға көрме, балам», деп,
Таяр болып келипти,
Ақ сары бас қуў болып,
Келип жетти Қобланның,
Қызыр Ильяс бабасы.
Ат жанына барады,
Жығылып атқан торы аттың,
Саўырына ол урады.
Секирип жайдан турады,
Аўызына жети түкирди,
Жығылғаны торы аттың,
Тер қыстаўы болады,
Қоблан атқа минеди,
Пирден мәдет болған соң,
Шүў деп султан жөнеди,
Неше қырды асқанда.
Полат жанның кейнинен,
Қуўып жетип изинен,
Омыраўлап зор берип,
Атқулақтан тер берип,
Мәрттиң минген торы аты,
Қанатлыдан зор келип,
Ат дойнағы қызады,
Қуўдай мойнын созады,
Ханның аты, көк аттан,
Мәрттиң минген торы аты,
Дуўа баўлық озады.

Сонда Қоблан сөйледи:

— Достым болған, Полат жан,
Есит арзым бир заман,
Таяқ деген еки ушлы,
Бир ушы тийсе бизлерге
Бир ушы тийер сизлерге,
Үш күн болды, Полат жан,
Тай дегенимди етпейди,
Тайға күшим жетпейди,
Өзи болған ер жигит,
Жолдасын таслап кетиейди,
Достым болған, Полат жан,
Мингесейик, кел,—дейди,
Ермен, неден таяман,
Ҳаққа кеўлим қояман,
Жарамаған жеринде,
Қарқыратып сояман,
Душпаным болған Ақшахан,
Ақшаханның алдына
Арқалап басып бараман,
Бир бийениң қулыны.
Бир айғырдың баласы,
Өле ғойса шөллерде,
Мен бәтшесин ураман,
Мингес деп тур қурдасың,
Өзи болған ер жигит,
Таслап кетпес жолдасын,
Мингесейик, кел, — дейди

Сонда Полат сөйледи:
— Достым болған, Қоблан жан,
Жүйрик болса торы атың,
Озып барса байрақтан,
Ол да мениң мурадым,
Ҳәси сөзди сөйлеме,
Тәкаббырлық әйлеме,
Жолың болсын, Қобланым.
Аттың басын жаздырды,
Жылысып түсти алдына,
Гәҳи тозын көреди,
Гәҳи өзин көреди,
Шақмақ оттай шағады,
Жулдыздай боп ағады,
Ханның аты, көк аттың,
Сонда ары келеди,
Бир мәртебе қарғыды,
Бес танап жерди алады,
Қайрыла берип қарғыды,
Он танап жерге барады,
Бир майдан шаўып қарады,
Қоблан минген торы тайға,
Жақынласып барады,
Енди жеттим дегенде,
Қуйрықласып келгенде,
Полаттың қайтып ғайраты,
Алалмады көк аты,
Буйырмады абырай,
Сүринип кетип бул жерде,
Жығылып ол да қалады.
Мәрттиң минген торы аты,
Пирден қуўат болған соң,
Жеткермей кетип барады.
Ырғып турып орнынан,
Және минди көк атқа,
Ҳақтың улы Полаты.
Және қуўды кейнинен,
Бир мезгил өткен ўағында,
Тағы жетти изинен,
Алғы аяғын кереди,
Артқы аяғын тиреди,
Омыраўлап зор берип,
Көк аты тегис тер берди,
Ақшахан минген көк аты,
Мәрт атынан зор келди.
Жылысып түсти алдына,
Бир майдан жүрди шабысып,
Туяғы қызып көк аттың,
Ғайып болды көзинен,
Әжизлик етти торыша ат,
Жете алмай қалды-аў изинен,
Гәҳи тозын көреди,
Гәҳи өзин көреди,
Мәрттиң минген торы аты,
Жете алмай кейин келеди.

Бул ҳәдийселерден кейин, ендиги сөзди Ақшахан патшадан еситиңлер.
«Әзелги душпан ел болмас, етекти кесип жең болмас», — деп Шақан улы Ақшахан Қобланның алдына төрт атлы душпанды жиберип, «Қобланның аты озып киятырса, «көтермелеп» келиңлер, есабын тапсаңыз, жығыңлар, Полаттан кейин киятырса, ийттей күшкәлап шақырып келиңлер», — деп жиберипти. Полаттан Қобланды кейнирек көрип, тусынан өткерип жиберип, мыналарды айтып турған көринеди:

— Атларға тумар таққанша,
Мәрт болып дабыл қаққанша,
Ғашырды шапса, болмай ма,
Торы тайларды шапқанша,
Әжел өлим көп жақсы,
Айда, күшкә! Мәрт Қоблан!
Бос қалып мәртлер пәриядтан,
Қайтыпсыз Қоблан ғайраттан,
Атыңыз қалды көк аттан,
Айда, күшкә! Мәрт Қоблан!
Ат шаппас майдан даласы,
Қабылдур патша тобасы,
Атыңыз қалды көк аттан,
Айда, күшкә, мәрт Қоблан!
Бәтшағар шалдың баласы,
Жалғаншыда не жаман,
Ар-намысы көп жаман
Перзент кетти ядынан,
Жеккелик келди ойына,
Зордан алды өзини,
Батыр туўған мәрт Қоблан,
Торыша аттың мойнына,
Көзиниң жасы моншақлап,
Ат мойнынан қушақлап
Мына гәпти еситип,
Жығылмай қалды мәрт Қоблан,
«Уллытаў!» деди, қышқырды,
«Тоқсаба!» деди шырлады,
Қытай-қыпшақ халқынан,
Ақшаханнан қорыққаннан,
Ҳеш бир адам бармады,
Аты түркмен Сейилхан,
Сейилхан менен Жайылхан
Мусылман деп аҳ урды,
Ақшаханнан қорыққанынан
Ҳеш бир адам келмеди.
Жеккелик келип басына,
Келмеди адам қасына,
Қоблан ҳаққа бағлады,
Ураныңбыз бизлер, деп,
Қәўендериң бизлер, деп,
Аспаннан келди бес тырна,
Ат танапқа қол салды,
Пирден мәдет болған соң
Шаншылып тайдың қуйрығы,
Өлим ҳақтың буйрығы,
Қулағын сыртқа жапырып.
Қоян киби секирип,
Толықсып ойнап келеди,
Қобланның минген жүйриги,
Қамшы берди жонынан,
Бир саат өткен ўағында,
Ҳақтың улы Полаттың,
Мәрттиң минген торы аты,
Қуўып түсти алдына,
Бир майдан жүрди тарысып,
Тақыр жерге келгенде,
Қуйып түсти алдына.
Жете алмай қалды көк аты,
Торы тайдың кейнине,
Бир төбеге минеди,
Бир төбеге мингенде,
Қараға көзин салады,
Көзин салып қараса,
Шақан улы Ақшахан,
Төрткүллеп ошақ ойдырған,
Туў бийелер сойдырған,
Ортасына белги ушын,
Бир жалаўды байлаған,
Хан байлаған қарашы,
Узақ майдан жоллардан,
Байдақланып көринди,
Нешше мезгил жол жүрип,
Атлар ойнап келеди,
Ат сүринбей тезинен,
Дәрман кетпей дизинен,
Нешше күн көрип сегбирди,
Аман-саў өтти торыша ат,
Ақшаханның алдынан,
Қылмасын даўа патша деп,
Мәрттиң жаны қыйналды,
Ақшахан жатқан шатырды,
Он мәртебе айланды,
Қырқ жигиттиң ишинде,
Шамай менен Дуғдары,
Бир баў отты қолтықлап,
Қобланлыға келеди.
— Ат шапқаннан хан аға,
Ат суўытқан қыйын боларын,
Енди өзиң билесең,
Абырайы сизики,
Жары байрақ бизики.
Пошҳа-пош, — деп заңғар кәл,
Ат жетеклей береди.

Ақшахан —Жәллад!—деп бақырды, еки пашшап таяр болды. — Буннан кетиңлер. Полатқа жетиңлер, аўдарып аттан алыңлар, мойнына арқан салыңлар, алдыма тезирек қуўып келиңлер!— деди. Еки жәллад, кетти, Полатқа жетти. Аўдарып аттан алды, мойнына арқан салды, Ақшаханның алдына қуўып келтирди,— Сөйле. Полат!—деди,—атым аттан қалған емес, озып ҳеш ким байрақ алған емес еди, маңлайына шаң тийген емес еди, адасып кеттиң бе, шаштың ба, уйқылап қалдың ба, не бәле болды, заңғар! — деди.
Сонда Полат сөйледи:—Ҳәй ханым адасқанымды, шашқанымды мен билмеймен, буннан кеттик. Хожаға жеттик, инамыңды бердик, инамыңды алмады, сениң берген садақаңды қудай қабыл қылмады. Хожалардан биз өттик Ақсуўатқа жеттик, бир күн мийман болдық, ат есабын алдық, Қобланның атын кем көрдик. Қоблан минген торы аты аржағында көринди, ол жуўапты берди, биз қаштық. Ат шаба алмай изимизде қалып еди, он бир күнлер толғанда жүрип жетти изимнен, он үш күнлер толғанда, ғайып болды көзимнен, озбаған атыңды, ислемеген бахтыңды, жүрмеген дәўлетиңди арқалап келтир деппедиң?
Сонда Ақшахан айтты, —Ҳәй, Полат жан, Қобланның аты келсе де, келген жоқ дегейсен, егер Қобланның атының келгенин рас қылсаң, Қоблан бирдей қасында турмас, көзиңди оярман, аўзыңа қорғасын еритип қуярман, — деди.
Сонда Полат айтты. — Ҳәй, ханым, атам айтпаған жалған сөзди, бабам айтпаған жалған сөзди неғып айтаман, — деди.
Сонда Ақшахан айтты: —Рас айтасаң, Полат жан, Қоблан келгенде, байрағым қәне дегенде сениң көзиң менде болсын, мениң көзим сенде болсын, расты көбирек айтып баратырсаң, бир аз муртымды қағыңқырап жиберермен, бир аўыз өтирик сөйлесең кейнин өзим келистирермен. Екеўимиздиң белгимиз мурт қағыўымызда болсын.
— Әжеп болар, — деп Полат майданға шығып Қоблан жатқан үйге қарап жөней берди, Қоблан жанға жақын барып, бир сөз айтты:

— Ассалаўма әлейкум,
Қыяметлик мәрт Қоблан,
Атыңыз келди байрақтан,
Достым Қоблан, көз айдын.
Келген жоқ деп атыңа,
Даў қылып олар турыпты,
Алтмыш еки ҳәмелдар,
Ханның нанын жегенлер,
Ханның тонын кийгенлер,
Алтмыш еки ҳәмелдар,
Отыз еки мөҳирдар,
Келген жоқ деп атыңа,
Даўды қылды Қобланлы,
Даўагериң ўәзир болды,
Алла берсин дадыңды,
Қазы менен кәләнлар,
Омардың орнында отырған,
Ханға мәҳремде болған,
Қазы, орда бәршеси,
Келген жоқ деп атына,
Даў қылып тур, мәрт Қоблан,
Даўагериң қазы болды,
Алла берсин дадыңды,
Бизлер келген жан достың,
Бир көрмеге зар болдық.
Мына журтты сорасаң,
Журт ийеси ханымыз,
Той баслаған Ақшахан,
Келген жоқ деп атыңа,
Даў қылады ханыңыз,
Даўагериң хан болды,
Алла берсин дадыңды,
Аўзы қанлы бөрисең,
Бөрилердиң бирисең,
Бүгин ханның алдында,
Қолы қанлы урысаң.
Тикке жайдан турасаң,
Ҳәм кейниме ересең,
Хан алдына барасаң,
Берсе, байрақ аласаң,
Бермесе, қуры қаласаң,
Қуўанбайсаң берер деп,
Қуўармайсаң бермес деп,
Оннан басқа сөзим жоқ,
Қоблан өзиң билесең,
Достым, қалай көресең?

Сонда Қоблан сөйледи:
— Достым болған Полат жан,
Хош келип, сапа келипсең,
Аўзы қанлы бөримен,
Бөрилердиң биримен,
Жайымнан мен тураман,
Ҳәм изиңе еремен,
Хан алдына бараман,
Берсе, байрақ аламан,
Бермесе, қуры қаламан,
Қуўанбайман берер деп,

Бул кеткеннен кетемен,
Қыпшақ елге жетемен,
Отын жемин салдырып,
Қырқ жигит ертип кейниме,
Талап етип келемен.
Тереклерин қырықтырып,
Қалаларын жықтырып,
Ақ найзаның ушы менен,
Ақ билектиң күши менен,
Ақшахандай ханыңның,
Тахтын зиндан қыларман.
Бул ялғаншы дүньяда,
Ханнан өлген бендениң,
Ар-намысы болар ма,
Дүгистирме деп едим,
Өзи ғәрип киси менен.

Бул сөз айтылып болғаннан кейин, Полаттың кейнине ерди, Ақшаханның алдына жақын барды. Қоблан төрге шығып отырды. Сонда Ақшахан «Полат жан, сөйлесип отыр» деди. Ҳақтын улы Полат Ақшаханға қарап мыналарды айтты:

— Ҳақтың улы Полатпан,
Полаттан да қаттыман,
Өтирик сөзден бийзарман,
Рас сөзге келгенде,
Арба жолдан гүзарман.
Расымнан келермен,
Бул кеткеннен биз кеттик,
Хожаларға биз жеттик,
Хожадан да биз өттик,
Ат қашырар жерлерге,
Ат ойнатып биз бардық.
Ақсуўатқа биз кеттик,
Аттан түсип желдирдик,
Сонша аттың ишинен,
Жалғыз атты кем көрдик.
Кимниң аты дегенде,
Қобланның аты дей бердик,
Бедеўдиң жалы өрилди,
Бир майданлық аржағында,
Қоблан көзге көринди,
Рухсат берди Қобланлы,
Қашыўды баслап биз қаштық,
Қулағың сал сөзиме,
Айтайын гәпти өзиңе,
Қалып еди кейнимде,
Он бир күнлер болғанда,
Ғайып болды көзимнен,
Бергил аттың байрағын,
Жандырма ердиң еңбегин!
Күйдирме тайдың мийнетин,
Оза қойса көк атың,
Байлап па едим сыйрағын!
Қапсығайлы Қара таў,
Бул жерлерге келгенде,
Қобланның аты жығылды,
Ат жығылған таң емес,
Бир күн жатты телмирип,
Ҳақтан көрди бул исти,
Бергил аттың байрағын!
Жығылған жерден ат турды,
Келе бердик ат шаўып,
Бир ярым күн болғанда,
Дәрбент жолға биз қондық,
Әйне сәҳәр ўағында,
Уйқылап жатып түс көрдик,
Жети кесе қан ишти,
Бергил аттың байрағын!
Алалай менен Булалай,
Буны алады мәрт Қоблан.
Ақкермен менен Жанкермен,
Оны алады мәрт Қоблан.
Байрағын бер Ақшахан!
Азыўдың аўыр шәҳәринде,
Барса келмес елинде,
Көбиклидей дәўлериң,
Оны алады мәрт Қоблан,
Байрағын бер Ақшахан!
Ат айланбас гәўирди,
Таза Қыпшақ қылады,
Буны алады мәрт Қоблан,
Атқан оғы сынғанша,
Шәменбет қалмақ журтларын.
Тураба деген қаланы,
Дәў кемпирдиң еллерин,
Шарықлыдай дәўлерди,
Қос палўанның халқыны,
Қызыр ердиң журтыны,
Буны алады мәрт Қоблан,
Берши аттың байрағын!
Жарасамекен ханларға,
Баласы менен ойнаған.
Бир кесеси Ақшахан,
Ол да сениң қаныңды,
Берсең бойма теңликти,
Атадан жалғыз Қобланға,
Ким көрсетер кемликти,
Берсең бойма байрағын,
Геўдеңде басың барлықта,
Әзрейил алар жаныңды,
Түсимде ишти қаныңды,
Жандырма ердиң енбегин,
Күйдирме тайдың мийнетин,
Бергил тайдың байрағын!

Сонда Ақшахан сөйледи:
— Берейик, Полат, берейи
Айбаты менен Ақшахан,
Жыйнаған екен өз халқын,
Той бермеге өз журтын.
Ҳәр сөзди Полат айтқанда,
Қашан жалған айтар деп,
Қаққан екен өз муртын.

Сонда Полат сөйледи:
— Айралық жәбири өтипти,
Айтарсаң деген жалған сөз,
Ядымнан шығып кетипти,
Енди растан дөнбеймен,
Жалған сөзди билмеймен,
Алсаң да шаўып өлтирип,
Таңламаҳшер күнинде,
Бүгин сөйлеп өтирик,
Бир қудаға не деймен?

Бул сөзлер айтылып болғаннан кейин, Қоблан жатқан жерге қайтты. Қырқ жигиттиң ишинен Шамай менен Дуғдар Қобланның алдына келди—Қоблан аға, арзым бар, — деди. — Жигирма жигит қасыма алсам, тал таяқты да қолға алсам, талтаңлап жолдың ортасы менен барсам, ғәзийне басы төресинен қырқ бир ғашыр зерди өлшеп алсам, қалай болады, — деди. Ол да сениң назлы шәўкетиң аға, — деди.
— Әжеп болады, — деп Қоблан жуўап берди. Жигирма жигитти қасына алып, Ақшаханнан адам алып, ғәзийнеге ертип барып, ғәзийне басы төресиниң қолынан услап, «тезирек өлше», деп тәрезиниң бир жағын өзи услап, қырқ бир ғашыр зерди өлшеп алды.Тәрезиман «ҳақым болсын» деп бир ләген тилланы да артық салды. Қоблан отырған үйдиң алдына әкелип үйди. Биреўи жаршы болып, жар салып кетти, «Хожа, сейит, бармысаң, ғәрип-қәсер бар болсаң, жетим-жесир бар болсаң, камбағал гедей бар болсаң, атым менен өзимнен, елим менен халқымнан садаға болсын журтымнан», деп қырқ бир ғашыр зерди, Қоблан үлестирип жиберди.
Ендиги сөзди Ақшаханнан еситиң: Қобланның бул қысыўметине шыдай алмай, ат шаптырды далаға, жар салдырды қалаға, әўели атшабар, кейни гүреспаз деген қәўесет салды араға, ҳәмме қумар болыпты Қоблан атлы балаға.
Ендиги сөзди. Қобланның қырқ жигитинен еситиңлер:—Ҳа, Қоблан аға, — деди, — хан тойы деген уллы дабыралы той болды, қәдели жерге қой берди, ат байрақтың басына қырқ бир ғашыр зер берди, енди гүрес майданы деген қурылып атырыпты, алдынғы жыққанға ат-тон сарпай береди, кейинги жыққанның басы олжа болады, және он бес ғашыр зер береди, гүреске барсақ, қалай болады, — деди. Сонда Қоблан, «бизлер ат шаўып ҳарып келген, бизде не ҳал бар, не қуўат бар, ишиңизде палўаныңыз бар ма?» деди. Қырқ жигит, «бизлер баҳадыр палўанбыз»,—деди. Қоблан «Шамай, сен қалайсаң?» деди. Ол «аға, немди сорайсаң, жуўырып барамыз, жағадан аламыз, Жанбасты саламыз, айландырып таслап жиберемиз, қалпал түскени шала жансар, анық түскениниң жаны жәҳәннемге барады. Бести жығып, алтыдан жығылып жүрген ҳалымыз бар», Қоблан «Дуғдар, сен қалайсаң? деди. Ол, «аға немди сорайсаң—деди,—дүньяда «кәлге, қара жерге берген бе екен қара күштиң бәрин, бизлер де ҳалымызға палўанбыз, — деди, — жетеўди жығып, сегизден жығылып жүрген ҳалымыз бар» деди. Сонда Қоблан «ат нәзери, ер нәзери қайтпаған султанлар едиңиз» деп, гүрес майданына барып турды. Қырқ жигит бир бәлениң барынан хабардар еди. Ақшахан, «ҳәй, Қоблан, палўаның болса, шығар!» деди.
Атқа тумар тағыпты, жанын отқа жағыпты, алаңғасар Әлип дәўдиң иниси Бөке дәўди «Қобланды жығып берсең он бес ғашыр зер байрағың, Ақбилек қызым сизге байрақ болсын», деп үш ай он күн бағыпты. Қоблан, «қырқ жигит қалайсаң?» деди. — Аға немизди сорайсаң,—деди.—Әй Шамай, сен қалайсың? Ол,— Шамай қурысын, гүреспей-ақ турсын, — деди. — Кешеги ат шаўып кеткен айдың ишинде Шамай иниң қус салды, қуста қыраған болды, еки көзим қустың қанатында, ат астында бир оқпан ушырап, ат үстиме жығылды. Мойын омыртқам шығып кетти. Жазылармекен деп едим, қыйсығырақ питти, итий деген кеселге шатты, — деп, тырп етпей жатты. Қоблан, «Дуғдар, сен қалайсаң?» деди. —Аға, немди сорайсаң,—деди. «Не бәле болды? «Заңғар!»— деди. — Атаң Қыдырбайдың оңған жери бар ма, жалшының тынған жери бар ма «буннан кет деди, көп малға жет» деди, буннан кеттим, көп малға жетим, малыңа жолбарыс келген екен, көк шолақ сыйырды ала жолбарыс алған екен, сом етке аўыз салған екен, мен жолбарыстан айырып алдым. Маңлайым терлеп үйге жуўырып келдим, бир керсең қатық турған екен, басына барып бисмилланы умыттым, бисмилласыз жуттым, өкпе менен қосырдың арасына барды, жабысып қата қалды, бир тәўипке көрсетип едим, «қулан туяғы күйген, қус ушса қанаты күйген, нар түйениң жилигинен қақ айырып шыққан бир қамысты таўып әрўананы да сол жерге апарып, саўып, соны ишсең, жазыласаң, болмаса өлесең, деп еди, айтқанын таба алмадым, айтқанынан он күн өтти, ең кейини лепсе деген кеселге шатты, айтып болып бул да жөтелип жатты.

Бөке дәў Ақшаханға қарап мынаны айтты:
— Басына саларман сениң зимистан,
Сыйынғаным латманатдур суҳбан,
Гүреспекке Қоблан жоқдур елинде,
Дәў байрағын тез келтиргил, Ақшахан,

Ғазлар уя салар айдын көлинде,
Қәҳәрленип от жандырар тәнинде,
Дәў байрағын тез келтиргил, Ақшахан,
Гүреспекке жоқдур Қоблан елинде.

Тыңламайман енди айтқан сөзиңди,
Сизлердиң ояйын еки көзиңди,
Дәў байрағын тез алып кел, Ақшахан,
Алып кел сен он бес ғашыр зериңди,
Ҳәм алып кел бизге айтқан қызыңды,

Бул ўақлары Ақшахан,
Жәлладлар деп аҳ урды,
Тоғыз бирдей жәлладлар,
Ханға қарап жуўырды,
Алып келгил зерди, деп,
Ақбилек атлы қызды, деп,
Муңайып хан буйырды,
Атадан жалғыз мәрт Қоблан,
Бул гәплерди еситип,
Ар, намысы көп жаман
Жалғызлық кетти ядынан,
Жуўырып түсти атынан,
Ҳақ яратқан илайым,
Ер менменлик қыла ма,
Умытты дейди қудайын,
Ортаға өзин урады,
Қатар турған адамлар,
Жол берип оған турады,
Көзгенеңнен торы аттың,
Қыл танабын қолға алып,
Белине Қоблан буўады,
Алшаңлайды нар киби,
Сүриўде бағлап қой киби,
Дәўге қарап жүреди.

Сонда Қоблан сөйледи!
—Атаңа нәлет қул, деди,
Аңлап сөйле сен, деди,
Менмендурман, мендурман,
Менменликке бел қойған,
Бәлки қара ердурман,
Өзим деген адамға,
Таўсылмастай кәндурман,
Достымның отын сөндирмей,
Душпан отын жандырмай,
Таныдың ба сен, деди.
Танытайын мен, деди.

Қақпақтың қара таўында,
Аланғасар Әлип дәў,
Қандарың Қоблан мен,—деди,
Әлип дәў ағаңды өлтирген,
Таны заңғар, сен, деди,
Маллар түўе, зер түўе,
Ақбилек атлы қыз түўе,
Арыңды алшы сен, деди,
Қаныңды алшы, сен деди,
Ол ўақлары Бөке дәў,
Турған жерде умтылды,
Қойып еди шынжырлап,
Қобланға қарап сөйледи:

—Қызы қурысын, нетейин,
Зери қурысын, қайтейин,
Бир қорегим өтейин,
Минген бедеў желгели,
Үш жыл болды бәдшағар,
Самарқандқа келгели,
Қоблан атлы қандарды,
Мен табалмай жүргели,
Ағамның қанын алайын,
Сизди бизге тап қылған,
Латманат мениң қудайым,
Тилеклес, болып турады,
Ақшахандай залым хан,
Ҳәмелдары, бәршеси,
«Атаңа нәлет Қобланның.
Сүринер күни болғай!» деп,
Тилегин тилеп турады.
Еки күн жүзи толғанда,
Әйне песин болғанда,
Дәўдиң қолы қызықты,
Қызықса, иси бузықты,
Жуп жағадан алады,
Ыңыранып жанбас салады,
Қара талдай майысып,
Қабырғасы қайысып,
Басы жерге тийгенде,
Қоблан атлы жас бала,
Зордан өзин алады.
Мынаў турған Ақшахан,
Ҳаўа-ҳаўа Қоблан деп,
Күлип мәс боп турады.
Атаңа нәлет Бөке дәў,
Мойнынан ашырым салады,
Иштен шалып кәпир дәў,
Белли ғайрат қылады.
Бели аз ғана майысып,
Қабыртқасы қайысып,
Басы жерге тийгенде,
Зорға өзин алады,
Дин билмеген кәпир дәў,
Атадан жалғыз Қобланды,
Баспалатып барады,
Жалғыз елден кеткенде,
Кейнинде хабар болмай ма,
Ата менен анасына
Аты келди деп байрақтан,
Қыдырбайдай ғаррыға,
Шүйинши сорап барыпты,
Бир мөҳминниң баласы.
Атасы еди Қыдырбай,
Енеси еди Бозкемпир,
Келген екен бул тойға,
Қоблан дәўде турғанда,
Дәўге етер ҳәмел жоқ,
Ортаға өзин урады,
Боз торғайдай шырқырап,
Ата менен анасы,
Тасқа аўнап, жылады.
Қыдырбай кемпирин кейнине ертип, — Ақшаханның алдына барайық, Қобланды дәўден айырып алайық, — деп Ақшаханның алдына барып, арыз қылып бир сөз айтты.

— Жер менен көк халық әйлеген қудайым,
Ғәрип едим, алла ашқай талайым,
Мендей шалдың айтатуғын арзы бар,
Арзымды есит, журт сораған патшайым,

Бастан кеткен қайғым менен ғулфетим,
Қартайғанда берип еди қүдиретим,
Қыдырбайман, айтатуғын сөзим сол,
Дәўден азат әйле жалғыз перзентим'

Сонда Ақшахан сөйледи:

— Бедеў жалын саўаш күни тарамай,
Рәҳим ет деп бизге ғарры жыламай,
Тайған дәўлетиңди билмей жүрмедиң,
Қетсең бойма, қудай урған Қыдырбай?

Қоблан балаң бул еллердиң сойы еди,
Қуўанғаным ерлеримниң ойы еди,
Кетсең бойма, дәўлет тайған Қыдырбай,
Бул бир сениң қайсы улыңның тойы еди?

Бедеў жалын саўаш күни өргенмен,
Өспегирден көп ақырет көргенмен,
Бул тойларың қай қызыңның тойы еди,
Мен Қобланның қарасы деп бергенмен.

Қыдырбай сонда сөйледи!

— Ҳаў Ақшахан, Ақшахан,
Ҳаслыңа сениң тартқаның,
Жалғызды дәўге салғандай,
Не қылды саған Қоблан жан?
Жалғыз балам журтқа зорлық қылғандай,
Ашылған гүллерим мениң солғандай,
Жалғызымды мунша дәўге салыпсаң,
Перзентимди қыз қойнынан алғандай.
Әжели болса өледи,
Мийнети болса көреди,
Әжели жетип өлмесе,
Ҳал сынасып биледи.
Тахтыңызды зиндан қылмай ма,
Журтыңды ўайран қылмай ма,
Жалғыз балам мәрт Қоблан,
Сени тахтан алмай ма?

Ақшахан сонда сөйледи:
—Ҳаў Қыдырбай, Қыдырбай,—
Қетши алдымнан жыламай,
Әўелден неге келмедиң,
Оны неге бермедиң?
Тоғай толған малыңды,
Жайылып жатқан жылқыңды,
Дүньяңды неге бермедиң?
Қарсылықты бадшағар,
Неге сирә қоймадың,
Қансулыўдай қызыңды,
Айттырмай неге бермедиң?
Бизди көзге илмедиң,
Бизди күйеў билмедиң,
Дәўлети тайған Қыдырбай,
Жоқ болмайман деп жүрмедиң
Және турып Ақшахан,
— Жәлладлар! — деп қышқырды.
Он сегиз бирдей жәлладлар,
«Ләббай» деп бәри жуўырды,
Нарттан шыбық қолтықлап,
Урма ханым бизге, деп,
Жортыў менен жуўырды,
Адам асқан пашшанлар,
Шынжыр салып ийнине,
Урма ханым бизге, деп,
Хан алдына жўўырды.
Адам асқан пашшанлар,
Келип ханның алдына,
Қансыраған бөридей,
Ақ қанжарын жалады,
Не хызмет деп турады,
Сонда Ақшахан буйырды,
Қыдырбайдай бул ғарры,
Қасарысып турады,
—Он сегиз бирдей жәлладлар,
Тоғызың қалың бул жерде,
Тоғыз қамшы алыңлар,
Үзилмеген ушлары,
Бәрин суўға малыңлар,
Мынаў турған Қыдырбайды,
Айландырып урыңлар.
Баласынан бурын-ақ,
Азапта өлсин бәдшағар,
Жалғаншы мына дүньяға,
Келмегендей қылыңлар!
— Әжеп болар, ханым,—деп,
Сол ўақлары жәлладлар,
Он сегиз қамшы алады,
Бәрин суўға салады,
Қыдырбайдай ғаррының,
Еңсе тоның сыйырды,
—Ханға бенде сөйлер ме?!—деп,
Оң жүзине бир урды,
Сол жағына бир урды.
— Ҳаў балам,—деп жығылды.
Дәў қолында мәрт Қоблан,
— Ўақ, атам,—деп аҳ урды,
Сонша турған ләшкерден,
Қыдырбайдай ғаррыны,
Айырар бенде болмады.
—Пирим—деди, жылады.
Рейими жоқ бул жәллад,
Қыдырбайдай ғаррыны,
Айландырып сабады,
Қамшы бастан кетпейди,
Дады ҳаққа жетпейди,
— Илажым жоқ балам,—деп,
Атасы ғәрип жылайды
Мынаў турған ләшкерден,
Ақшаханнан қорыққаннан.
Айырар адам болмайды,
Еки айланып келеди,
Қамшы урып мойнына,
Қанлар ақты қойнына,
Рәҳим етсе не болды,—
Наймыт өлгир жәлладлар,
Қыдырбайдай ғәриптиң,
Қысыўмет етти өзине.
Айландырып урады,
Сонша турған ләшкерден,
Ақшаханнан қорыққаннан,
Айырар адам болмады.
Қамшы урды басына,
Қанлар қатты қасына,
Рәҳим етсе не болды,
Қыдырбайдай ғәриптиң,
Көзинен аққан жасына
Үш айланып келеди.
Айырар адам болмады,
Енеси еди Бозкемпир,
Қобланға қарап сөйледи:
— Жалғыз балам, мәрт Қоблан
Атаң ырза күшине,
Енең ырза сүтине,
Бизлер қайыл болғанбыз,
Ҳақтың қылған исине,
Яд әйлей гөр алланы,
Жалғыз балам, сен Қоблан,
Алдың бийик, артың жар,
Айланбаға жериң тар,
Жалғыздың яры, я жаббар,
Жалғыздан болғыл хабардар,
Ийтелги қустық баласы,
Торғай қурлым болар ма,
Алдында жоқ бир ағаң,
Кейниңде жоқ бир иниң,
Қостары жоқ сендей ер,
Дәўге келер болар ма.
Алдында болса бир ағаң,
Кейниңде болса бир иниң,
Изде ғамхор бар болса,
Атаң менен енеңди,
Жәллад урар болар ма.
Яд етсең бойма жаббарды,
Тилеп алған, жан балам.

Бул сөзлерден кейин, Қобланның ядына пири түсип, ата-анасына қарап мынаны айтты:

— Ата, ырза бола гөр,
Бизге еткен күшиңе,
Ана жан, ырза бола гөр,
Сәҳәр берген сүтиңе.
Жылай берме ғаррылар,
Мийнет бар да, өлим жоқ,
Сәҳәрде түсиме кирген,
Әўлийе атам Бурық бар,
Халық әйлеген бириўбар.
Қабыл болып көз жасы,
Ғайыптан ҳәзир болыпты,
Қызыр Ильяс бабасы.
—Тарыға гөрме, балам, деп,
Айлансын сеннен бабаң, деп,
Жығарсаң, балам, дәўди, деп,
Мәртти жети айланды,
Саспа, балам, саспа, деп,
Қуўат берип турыпты,
Ўәлий Бурық бабасы.
Пирден мәдет болған соң,
Дәўдиң қолы босады.
Аяғы жерге тийген соң,
Қоблан дәўге йош етти,
Тарақ алды белинен,
Көтерипти ол дәўди,
Тайсалмай турған жеринен,
Тербендирди өкшесин,
Жерден қарыс қозғады,
Бөке дәўдиң өкшесин.
Және де Қоблан зор қылып,
Дизесине миндирип,
Ҳәм де екшеп көтерип,
Белбеўликке келтирип
Қол ушына миндирип,
— Жаның болсын, бәтшағар,
Қурбанлық — деп ол дәўди,
Зыңғытып ғана жиберди.
Ҳеш бир дәкки көрмеген,
Анасы неке билмеген,
Латманат деп жылады,
Түбин кескен шынардай,
Шүй төбеден қулады,
Жыйылып турған адамлар,
— Жығылар күни болды, — деп,
Қуўанғаннан халайық,
Қуўаныш пенен жылады.

Буннан кейин, дәстеси дәнданнан, тыйығы алмастан, сақыйнасы алтыннан, қорғасын саплы қанжарын қолға алып, дәўдиң жанына барып, сақалын услап қол аяғын таңып, қарқыратып шалады.

Қанжар жүзи кетилди,
Шар менен жүзи жетилди,
Әйне песин ўақтында,
Бөке дәўдиң геллесин,
Кесип алған секилли.
Муртынан беккем алады,
Ийинине қағып салады.
Ақшаханның алдына,
Арқалап басты барады,
— Ассалаўма әлейкум,
Әдил тыңла, Ақшахан,
Душпанлық етип бизлерге,
Қыйналды ғой шийрин жан,
Дәў жағамнан алғанда,
Әзиз жаным сескенди,
Көзимнен қанлы жас келди,
Қызыңды берген күйеўдиң,
Геўдеси қалып, бас келди.
Гүлдей жүзи солсын, деп,
Көз алдыңда турсын, деп,
Бизден саўғат болсын,—деп,
Алдына басты қояды,
Қоблан тикке турады.

Буннан кейин Қоблан кейнине қайтып келип, торы атқа ер салып, «Ақшаханның тахтын өзине зиндан қылайын» деп қәҳәр үстине мингенде, мәрт Қобланның қарындасы Қансулыў жанына келип, мыналарды айтады:

— Арзымды есит, мәрт Қоблан,
Иркилип тур бир заман,
Бурынғыдан қалған сөз,
Қашқан жаўды ким қуўар,
Өзи нашар ер қуўар,
Қулағың сал тыңласаң,
Қырқ жигиттиң сизге, аға,
Болмады сирә көмеги,
Ақшахандай залымның,
Өлгей еди тилеги,
Сениң жүзиң солмады,
Тилеги қабыл болмады,
Атқа тумар таққалы,
Бөке дәўдей палўанды,
Үш ай болды баққалы,
Сизге болмай өзи өлди,
Бөке дәў емес, аға жан,
Ақшахан өзи көмилди,
Оннан соңғы тилеги,
— Дүзде қалсын басы, — деп,
Қырқ күншилик жоллардан,
Ат шаптырды Ақшахан,
Сүйегиң дүзде қалмады,
Атың келди байрақтан,
Тилеги оның болмады,
Бул да ханның өлгени,
Қара жерге киргени,
Қуўма ханды Қобланлы,
Аман қайтсаң аўылға,
Бул да ханның өлгени.
Жер астына киргени.
Аман елге қосылып,
Жети күн удай той берсең,
Бермесең ханға мүшени,
Бул да ханның өлгени.
Артық болар өзине,
Хан атын алмай жүргени
Қырқ жигитти шығарып,
Дәрбент жолға сен қойсаң,
Шамыў менен Шараптан,
Ханнан кеткен кәрўан бар,
Айланып келер бул жерге.
Қанжар бийи баслығы,
Үш жүз түйе өли мал,
Ҳәр бир түрли заты бар
Хан кәрўанын талатсаң,
Ханға зорлық сен қылсаң,
Ақшаханның өлгени.
Қашқан жаўды ким қуўар,
Өзи нашар ер қуўар,
Қуўма ханды Қобланлы,
Аға жан, минсең торы атқа,
Исенсең, аға, ғайратқа,
Ақшаханды тез қуўып,
Кирсеңизлер қалаға,
Бир ашыўға минген соң,
Қарамассаң, жан аға,
Өлип атқан балаға,
Қалада урыс болған соң,
Гедейлердиң көз жасы,
Ақыр заман болмай ма,
Ҳәм төгилген ҳақ қаны,
Мойныңда сениң турмай ма?
Ашылмай ма бағда гүл,
Сайрар шақасында бүлбил,
Айтып болдым сөзимди,
Ендигисин өзиң бил.

Буннан соң Қобланның ашыўы тарқап, қарындасының ақылы мақул болып, дөгерекке қарап турса, Қоблан дәў қолында турғанда қашып кеткен қырқ жигит, Қобланның ата-анасын урған жәлладларды таўып алып, сақалы, муртын, кирпиги, шашын, бирим-бирим жулып, Қыдырбайға берген азабынан бес бетер артық азаплап, Шамай менен Дуғдарды жиберип, 15 ғашыр зер байрағын алып, киятқанын керди. Олар келип Қобланға қосылды. Барлығы аман-есен, саў-саламат елге қайтты. Елине келди. Дәўден аман қалғанлығына, елине аман қосылғанлығына, елиниң ғаррыларын жыйнап алып, жети күн удайы той берди. Ақшаханға хан деп атлы жибермеди, атам деп мүше бермеди, хан деп көзге илмеди. Бул Ақшаханға өлимнен жаман дәрт болды. Қоблан қырқ жигитти тоққыз жолдың дәрбентине шығарып, Ақшаханға дерек адамлардың, баратқанның балтасын, киятқанның кетпенин, Ақшаханның қус салған қәлпелерин қорлық пенен өлтирип, ханға зорлық қылды. Отыз нөкер, отыз жигит қасында, тилладан жыға басында ханның кәрўан басшысы Қанжар бий қырқ жигитке сиясат қылып мынаны айтты:

— Сағынып келемен туўған елим деп,
Жаныңыздан сизлер үзиңлер үмит,
Танымас деп жолды алып турмаңлар,
Босат жолды! Нәлет жаўғыр қырқ жигит.

Мен барайын Ақшаханға билдирип,
Кимиңди тирилей жерге көмдирип,
Талайман, деп талап етип турмаңлар,
Өлтирейин барлығыңды қырқ жигит.

Жәлладларға баўырыңды тилдирип,
Қолың байлап, жиптиң ушын услатып,
Ақшаханның шадлық кеўлин хошлатып,
Исенгениң Қоблан болса қырқ жигит,
Өлтирермен минәрлардан таслатып.

Бул сөзлерди еситип,
Шамай менен ол Дуғдар,
Қарсы қарап барады,
Қанжар бийдей бабаны,
Аўдарып аттан алады.
Отыз бирдей нөкердиң,
Қолын беккем буўады,
Қанжар бийдей бабаның,
Шийрин жанын қыйнады.
Айтып бар деп ханыңа,
Дүнья-малын алып қап,
Қаласына айдады.

Қырқ жигит түйелерди тартып алып, Қобланның ордасына қарай жөнеди, Қанжар бий баба қолы байланып, отыз нөкери менен қоса айдалып, қалаға келди. Келип Ақшаханға қарап мынаны айтты:

— Тақсыр ханым, дад,—деди,
— Арзың болса, айт—деди,
— Қырқ жигит шықты алдымнан,
Түйемди алды қолымнан,
Үздим үмит жанымнан
Шаппай, желмей майрылдым,
Дүнья-малдан айрылдым
Дүньямның бәрин алғаны,
Сөзлеримниң жоқ ғой жалғаны.
Қырқ жигитке не ис бар,
Не келеди қолынан,
Мен билемен Ақшахан,
Бул ислердиң барлығы,
Тап Қобланнан болғаны,
Қартайғанда Ақшахан,
Еки қолым байлады,
Оған қарсы турмаға,
Менде қуўат болмады.
Қырама деп бәримизди,
Жаным мениң қалмады,
Айтып бар деп ханыңа,
Бизди жол менен айдады,
Өлимнен жаман дәрт болды,
Кеўлим гүллердей солды,
Қобланға сен бармасаң,
Барып саўда салмасаң,
Әрман болар бизлерге,
Ар, намысты алмасаң.

Бул сөзлерди Ақшахан еситип, қәҳәри келип, алтмыш еки ҳәмелдарын, отыз еки мөҳирдарын, Қартхожа бий менен Ағай бийлерин жыйнап алып, барлығына да Қобланның еткен ислерин баян етти. Онда Қартхожа бий: — ләшкер жыйнап алмайық, көп адамның ҳақ қанына қалмайық, досты Полатты жиберип, Қобланды шақырып алайық, үш күн тахтыңды берсең, Самарқанд журтыңды берсең, ҳәр кимниң дәўлет қусы басына қонбай хан болса, оның жүреги ҳәўлиретуғын еди, егер Қобланның жүреги ҳәўлире қойса, Азыўдың аўыр шәҳәрине буйырсақ, Көбиклидей дәўге жиберсек, бул қалай болар екен, ханымыз, — деп сөзин тамам етти. Бул сөз ҳәммеге мақул болып, Полатты шақырып алып, Қобланға жиберди. Полат жол жүрип кетти. Нешше майдан жол жүрип, Қобланға жетти. Азанда Қоблан әзийз мийманынан жол болсын сорады:
— Достым болған, Полат жан,
Арзымды есит бир заман,
Арзым саған айтайын,
Айтпай арзым қайтейин,
Хош келип, сапа келипсең,
Ол-ол болсын, ол болсын,
Дәўлет бәрҳа мол болсын,
Достым деп бизге келипсең,
Кеўлиңде қоймай сөйлей гөр,
Достым Полат, жол болсын!
Аўзыңды ашсаң тилиң бар,
Ҳәм кеўлиңде сөзиң бар,
Қалдырмай сөйле барлығын,
Достым Полат, жол болсын.
Кештим қаны, қуныңды,
Саўғаға бердим жаныңды,
Не сөз болса сөйлей гөр,
Жақсылап аш кеўлиңди.

Сонда Полат сөйлейди:
— Айтайын, достым, бул сөзди,
Дос десең мениң өзимди,
Бизди сизге жиберген,
Ақшахандай ханыңды,
Айтайын кешсең гүнамды,
Келмесем, алар Ақшахан,
Бир қасықтай қанымды,
Егер сөзим наҳақ болса,
Сен аларсаң жанымды,
Қайсыңнан қорқып өлейин,
Көк атыма мингенмен,
Бир ислердиң боларын,
Достым Қоблан, билгенмен,
Ақшахан бизди жиберди,
Бир шыбындай жаныңа,
Душпан болып келгенмен,
Торышаға минесең,
Ҳәм изиме ересең,
Ақшаханға барасаң,
Әжелиң жетсе, өлесең,
Мийнетиң болса, көрерсең,
Тилеп келдим жаныңды,
Достым, қалай көресең?
Қоблан жан, өзиң билесең!

Қоблан жуўап бермеди, «Жақсы сөзге жан семиреди, жаман сөзден жан қорқады» - деген, жан шоршып кетип бир қанша ўақыт үндемей отырды. Бул ўақлары Қуртқа Қобланға қарап мынаны айтты:

— Бул дүньялық сырласым,
Қыяметлик жолдасым,
Арзымды есит муңласым,
Еримсең ҳәм туўымсаң,
Басшымсан ҳәм пиримсең,
Полат сиз бенен дос болса
Рас болса дослығы,
Достыңа жаның берерсең,
Қаларсаң достың кеўлине,
Қыямет күн болғанда,
Бир алланың дийдарын,
Султаным, қайтип көрерсең,
Әжелиң жетсе, өлерсең,
Шын әжелиң жетпесе,
Тағы қайтып келерсең.
Ығбалың султан жатпаса,
Алла берсе абырай,
Өлмек түўе султаным,
Ақшахандай залымның,
Тахтына барып минерсең,
Достың кеўлин қалдырып,
Нәмәртлик етип сен қалсаң,
Бүгин қалсаң үйиңде,
Ертең қайтып жүрерсең.

Қоблан торы атқа, Полат көк атқа минди, қазаға разы, бәлеге сабыр қылды. Жол жүрип, Ақшаханның алдына келди. Ақшахан оң тәрепинен жай берди. Төрге барып отырды. Испиҳан семсер қылышты алдына кесе өңгерип, қабағы қарыс жабылып, алатуғын шердей шабынып, төрде мәрт Қоблан шаншылып, есикке қарап отырды. Отырған ҳәмелдарлардың зәрреси қалмай, неге шақыртып алдық деген ханға қайғы болды. Сол ўақытта қорлық көрген Қанжар бий есикте отырып, Қобланға қарап бир сөз айтты:

— Ҳаў, Ақшахан, Ақшахан,
Айтатуғын арзым бар.
Сен Ақшахан тыңлап тур,
Қырқ қарақшы шығарып,
Талатты мениң малымды,
Азап берип бизлерге,
Алып кетти қырқ жигит,
Есабы жоқ зеримди,
Жоқ деп жүрмедиң Қоблан,
Ақшахандай ханымды.
Ханның алды датқа жай,
Хан есиги кең сарай,
Бизге қылдың зорлықты,
Теңлик бермей көрсеңе,
Ханның малын алғандай,
Ханға зорлық қылғандай,
Қандай күшиң бар еди,
Атаң жаман Қыдырбай,
Кешеги қылған зорлықты,
Бермеймен деп жүрмедиң,
Атана нәлет, сен Қоблан,
Өлмеймен деп жүрмедиң?
Бул гәплерди еситип,
Бендеден қайтар ер емес,
Ети мәрттиң қалтырап,
Испиҳан семсер қылышты,
Қынабынан суўырып,
Алғанда ҳеш ким қой демес.
Сөйлеп қалған тиллер бар.
Сөйлемейин болар ма,
Урып қалған қоллар бар,
Енди урмай турар ма,
Майданда зорлық қылғанлар,
Ханнан қорқып турар ма,
Ақшахандай ханыңды,
Қара пулдай көрер ме,
Алмас қылыш қолға алып,
Есикке қарап умтылды.
Бабаның айтқан сөзине,
Сөзи түўе өзине,
— Балам, қызба, қызба! — деп,
Ҳәммеси бирден жуўырды.

Ақшахан сонда сөйледи:

— Шақырған ис ол емес,
Хан қайғысы мал емес,
Шақырған, балам, мен, деди,
Қартайыппан, жан балам,
Белимнен кетти мәдетим,
Диземнен кетти қуўатым,
Шақырғаным сол еди,
Минсин деп алтын тахтыма,
Ийелик ет деп журтыма,
Ата дерге улым жоқ,
Сеннен басқа гүлим жоқ,
Пәтиямды берейин
Ийелик қыл, шырағым,
Халқым менен мүлкиме.

Буннан кейин Ақшаханның басында турған таажын Қобланның басына кийгизип, ақ кийизге салып көтерип, Қобланды тахтқа мингизди. Қоблан тахтқа минген соң, алпыс еки ҳәмелдар, отыз еки мөҳирдар, Қобланның хызметине тикке турды. Арадан үш күн өтти, ҳәр кимниң дәўлет қусы басына қонбай хан болса, жүреги ҳәўлиреди екен, Қобланның жүреги ҳәўлирип, Қоблан бир түрли болып, Ләйли Бадақшанға барсам, ҳәм журтты сайран қылсам, деп қыял етти. Жүректиң ҳәўлиргенин қасында отырған Қартхожа бий билип, Ақшаханға хабар берди, бүгин буйырсаң, буйырып қалғаның, буйырмасаң, тахтыңнан жүдә болғаның, деди. Ақшахан қолына жазыўлы хат алып, Қобланның алдына келип, Қобланға қарап мынаны айтты:

— Бизлер болдық бул жерлерде бий қарар,
Шәҳимәрдан пириң болсын мәдәткар,
Қулағың сал, тыңла, балам мәрт Қоблан,
Хан атаңның айтатуғын арзы бар.

Мөҳмин болған қуданы бир биледи,
Әжел жетсе ҳәр бир адам өледи,
Мендей атаңыздың айтар арзы сол,
Үш жыл болды мына бир сөз келеди.

Хабарың жоқ Астарханның көлинен,
Еситкели от шығады тәнимнен,
Тақатым жоқ усы сөзди еситип,
Хабар келди Азыўлының өзинен.

— Тазаласын Самарқанның даласын,
Берсин, — депти, — өзи турған қаласын,
Мен қорқаман еситкен соң бул сөзди,
— Қашырмасын, — депти — Қоблан баласын.,

Еситкели жас кетпейди көзимнен,
Қәўип етемен, жалғыз балам, өзиңнен,
Мен айтайын дәўдиң айтқан сөзлерин,
Үмити көп тағы жалғыз қызымнан.

Сенлер минсең торыша аттың белине,
Өзиң барсаң Азыўлының елине,
Келтирмесең Самарқанның халқына,
Барсаң, балам, наймыт дәўдиң өзине.

Азғана халқыңды келсе бүлдирер,
Не адамды ат астында өлтирер,
Ерте бастан ғамыңды же, мәрт Қоблан,
Елге келсе, айтқанына көндирер.

Бедеў жалын саўаш күни тарасаң,
Батыр болып сен де күнге жарасаң,
Көбиклини шаўып, еллерин алып,
Азыўлыны бизге қосып сорасаң,

Душпанның басына салсаң зимистан,
Мәдетти бергейлер халық еткен суҳбан,
Айтып болдым, балам, саған арзымды,
Ендигисин өзиң билгил, мәрт Қоблан.

«Батыр анқаў, ер гөдек» — деген, исенип Ақшаханның сөзине, мақул түсип бул сөзлер мәрт Қобланның өзине Қоблан пәсине қайтып, «Ақшаханға барайын, ақ пәтия алайын сөйтип жолға раўана болайын», деп қыял етти.
Қоблан келди, ким оңнан, ким солдан қолын көтерип, ҳәммеси пәтия берди. Қоблан Ақшаханнан пәтия алып, торы аттың үстине минип, саламат елине қайтты.


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Екинши бөлим
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.