Ерназар бий (Ernazar biy )
Әўел Айдос баба өлип,
Орнын тутты Ерназар бий,
Қарақалпаққа аға болып,
Ҳүким етти Ерназар бий.
Қарақалпаққа аға болып,
Суңқар салып, бедеў минип,
Кеўлине келгенин қылып,
Болып өтти Ерназар бий.
Қыпшақ ялғаннан даўа қылды,
Дөҳметтен мойнына қун салды,
Бир қалмақ1 жасаўыл болды,
Пул бермеди Ерназар бий.
Жапты жалғаннан жаласын,
Билип ағзының аласы,
Қарлы2 қалпақтың баласы,
Қылышлады Ерназар бий.
Хан гүнакар қылғаныңда,
Бийлигини алғаныңда,
Ҳәм ақ үйли болғаныңда,
Муңаймады Ерназар бий.
-Мени ҳешким тилемесин,
Жалынып сорап жүрмесин,
Мен өлгенде жыламасын-
Деди арыслан Ерназар бий.
Ўәйис байға зорлық қылды,
Қылышын алып оқталды,
Гүллан хийўалы тоқталды,
Қаҳәрин жайды Ерназар бий.
Саўаш күни ылғал таслап,
Сәрдар болып, жыйын баслап,
Жанғазы ханды қылышлап,
Сойқан салды Ерназар бий.
Бурынғы бийлик сүрисин,
Бурынғы жүрис-турысын,
Ханға сәлемге кирисин,
Кемитпеди Ерназар бий.
Бий басына бир қус салды,
Қуслап шықпаға дус барды,
Хожеке қуссыз бос қалды,
Қус бермеди Ерназар бий.
Хан ҳәзиретке сәлем қылды,
Ҳәр қайсысы сарпай алды,
Хожакең сарпайдан қалды,
Арыз еттирди Ерназар бий.
-Хожеке айтар арзым бар,
Нешше қус сизден қарзым бар,
Қалыс сарпай бериў дәркар, -
Деди арыслан Ерназар бий.
Хан ҳәзирети: "метер!" деди,
"Бежит орныңнан тур!" деди,
"Уғлана сарпай бер" деди,
Қуллық қылды Ерназар бий.
"Хош болғай" деп метер турды,
Ғазийнеге қадем урды,
Метер менен бирге жүрди,
Арыслан туўған Ерназар бий.
Метер барып есик ашты,
Ҳәр түрли гәплерге қашты,
Бир шекпенге таласты,
Қол узатты Ерназар бий.
Метер турып сөз баслады,
Ләтте шапаннан услады,
Ҳәр түрли сарпай таслады,
Жаратпады Ерназар бий.
Метер турып гүрриңлести,
Ҳәр түрли гәптен сөйлести,
Бир шекпенге көзи түсти,
Қол узатты Ерназар бий.
Танып тур екен ҳасылды,
Метер шекпенге асылды,
Жыйылған сарпай шашылды,
Жибермеди Ерназар бий.
Шекпенге асылды метер,
Бий зор берди оннан бетер,
-Тарт қолыңды, геллең кетер!-
Деди арыслан Ерназар бий...
-Ханға мәлим шекпен, -деди,
Көп пул менен питкен, - деди,
Нағып инам еткен? – деди,
Еситпеди Ерназар бий,
-Ҳәзирети Палўандур пири,
Яд етерлер өли-тири,
Биз ҳәм ханның бир ўәзийри,
Бериң! – деди Ерназар бий.
-Сөзим ҳадалдур, ҳарам жоқ,
Ханның өзине шарам жоқ,
Ал саған берер парам жоқ,
Кимсең? – деди Ерназар бий.
Бийлик сүрди жети пушты,
Ким қылыпдур мундай исти?
Метердиң зәрреси ушты,
Айбат етти Ерназар бий.
Жаратқан күн билән айды,
Яд етиңиз бир қудайды,
Алып шықты Ерназар бий.
Муннан соң Хожели келди,
Көп кемеде кеңес қылды,
Қарақалпақты жыйнап алды,
Арыслан туўған Ерназар бий.
Бәрше жәм болып отырды,
Ғазийнеге зер толтырды,
Зарлық төрени келтирди,
Хан көтерди Ерназар бий.
Бәрше хызметке шақ болды,
Белинде ақ пышақ болды,
Беглер беги инам болды,
Бәрин жыйды Ерназар бий.
Қазы-кәлан, шайқул-ислам,
Ҳәм нәҳип иззети икрам,
Бәрше турып қылды сәлам,
Ҳүким етти Ерназар бий...
...Кемеден алды иреңди,
Хан етти Зарлық төреңди,
Асып Қутлымурат гереңди,
Зорлық етти Ерназар бий.
Душманына саўда салды,
Тоғыз ушан ғазийне алды,
Киси асып, қусбеги болды,
Арыслан туўған Ерназар бий.
Яўмыт шақырды келсин деп,
Келип Гөнени алсын деп,
Мәслаҳат бунда болсын деп,
-Бармаң, -деди Ерназар бий.
Айтса қаралпақ қылмады,
"Бармаң" десе тил алмады,
Көпшиликтен бул қалмады,
Бирге барды Ерназар бий.
Яўмыттан ылғал келтирди,
Жақпағанларын өлтирди,
Ерлигин журтқа билдирди,
Жалғыз өзи Ерназар бий.
Бийлери мәсләҳәт етти,
Зарлық ханды алып кетти,
Хийўа ханын хошўақ етти,
Хансыз қалды Ерназар бий.
Хийўалы төкти қызылды,
Бул сөздиң изи үзилди,
Бийлер баслап журт бузылды,
Ғапыл қалды Ерназар бий.
Араллы, қалпақ қырқ мың үйли,
Гәҳи жылап, гәҳи күйди,
"Алма жеген алпыс бийди,
Көрей", - деди Ерназар бий.
Бийлер қашты басын бағып,
Шийрин жанын отқа жағып,
Қаланың үстине шығып,
Күтип турды Ерназар бий.
Бийлер анда келе алмады,
Өлей десе өле алмады,
Бар десе ҳешким тил алмады,
Ғазеп етти Ерназар бий.
Қарақалпақ айтқан сөзи,
Ҳасла келиспеди изи,
Хорезмде жалғыз өзи,
Ерлик қылды Ерназар бий.
Қалғанларды жыйнап алды,
Излим жолға қала салды,
Қудаға тәўекел қылды,
Мәртлик пенен Ерназар бий.
Жасаўыл басы ҳәм келди,
Араллы, қалпақ жәм болды,
Арбалы көши қамалды,
Жекке қалды Ерназар бий.
Ийшан келди ел қылмаға,
Арада елши болмаға,
Журттың саўабын алмаға,
Ҳайран болды Ерназар бий.
"Сиз өлсеңиз шейит", -деди,
"Өкпе-гийнеңди айт", -деди,
"Енди ырайдан қайт", -деди,
-Қайтпаң, -деди Ерназар бий.
-Қутлымурат, Қабыл екеўи,
Жүсипбай менен үшеўи,
Әмет, Палўан ҳәм бесеўи,
Шықсын! –деди Ерназар бий.
Алды-артына қарамады,
Ҳал-аўҳалын сорамады,
Бийлер ана жарамады,
Қайтып кетти Ерназар бий.
Батырлықта тақлығынан,
Аўыз бирлик жоқлығынан,
Бийлердиң қорқақлығынан,
Ғапыл болды Ерназар бий.
Гөруғлы бектей ер еди,
Қатарда қоса нар еди,
Толы журтқа дәркар еди,
Шейит өлди Ерназар бий.
1 Қалмақ – қолдаўлы урыўының бир тийреси.
2 Қарлы – сол тийреден шыққан бир бийдиң аты.
3 Қылышбай – Манғыт жанындағы қорған аты. Ол жерде Хийўа ханы араллы өзбек ҳәм қарақалпақ бийлерин өзине қаратыў бойынша бир қанша мәккарлық планларын иске асырған.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Рәўшан
Алдынғы бөлимге қайтыў: Айдос баба
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: