Рәўшан (Ráwshan )
-Намаз, руўза қарызым бар,
Бир алладан, мениң қызым.
Атаңның айтар арзы бар,
Қулағын сал, жаным қызым.
-Намаз, руўза қарыздар
Болсаң бир алладан, атам,
Қалайша болдың арыздар,
Себеп недур, маған, атам?
-Хан айтса хызметкер тайын,
Айтайын арзымның жайын,
Жумсады бизди хожайын,
Есигиңе келдим, қызым.
Хожайыннан бир жумыс бар,
Айтса бизге не турыс бар,
Байда алтын ҳәм гүмис бар,
Дүнья десең бийпул, қызым.
-Баярың буйырса жумыс,
Сен сорлыға бар ма турыс,
Бийпул дүнья, тегин гүмис,
Бизге қалай рәўа атам?
-Бай жумсады, қызым, мени,
Байға айттырып келдим сени,
Әкең қалесе де нени,
Байда бисяр бәри, қызым.
-Дүнья, ғазийне байда бар,
Оннан бизге не пайда бар?
Саяңды меннен аўлақ сал,
Бети қара болған атам.
-Қызым булайша гәплеме,
Кесип айт, сөзди еплеме,
Атаңның сөзин кеклеме,
Кәтқуда боп келдим, қызым.
-Сөзди кесип айтсам сизге,
Жақынлапты жасың жүзге,
Мениң кеўлим байдан өзге,
Кәмбағалдан сәўер, атам.
-Қызым сениң ақылың жоқ,
Не ушын болсын қарның тоқ,
Байда дүнья, ғазийне көп,
Әкеңе алып бергил, қызым.
-Керек емес байдың малы,
Ҳәр кимниң ашылғай ығбалы,
Болса да әкем малдан жарлы,
Күним сеннес жақсы, атам.
-Ийгиликли исте болмас еп,
Жақсы адамда сақланбаса кек,
Дүнья деген байда лек-лек,
Не керегиң таяр қызым.
-Ата, сениң уят буның,
Мениң де бар аға, иним,
Өзиме болар өз күним,
Ғарезим жоқ байдан, атам.
-Қызым көп көрме күниңди,
Қайырып бүклермен белиңди,
Кесермен қызыл тилиңди,
Өз ҳалыңды билгил, қызым.
-Бай не қылсын жарлыларды,
Биздей малсыз сорлыларды,
Жақын етип не қылады,
Бай өз теңин тапсын, атам.
-Қуда қосса дийдар несип,
Бай сени көрди минәсип,
Байға көп қызлар таласып,
Тийемиз деп жүр ғой, қызым.
-Тийгенлер тийсин, тиймеймен,
Әсте ғана кете бер сен,
Қыз болыўдан бес жылым кем,
Дәл онбесте жасым, атам.
-Он төртте отаў ийеси,
Байға болсаңыз тийеси,
Сүйгилик ярға бәршеси,
Хызмет етип турар, қызым.
-Қатынға қандай хызметкер?
Ҳәр кимге алла мәдеткер,
Кәтқуда, дурыс жуўап бер,
Хызметкериң кимдур, атам?
-Алға басқан нийетиң бар,
Зилийхадай келбетиң бар,
Бай ағаңда үш қатын бар,
Хызметкериң солдур, қызым.
-Кәтқуда боламан дедиң бе?
Байдан көп пара жедиң бе?
Сен мени ылайық көрдиңбе
Үш қатын үстине, атам?
-Қатынлар жатыр жолыңда,
Мақсетиң питер ойыңда,
Тетиги байдың қолында,
Жыңқ ете алмас саған, қызым.
-Ол үш қатын байда болса,
Кең сарайлы жайда болса,
Қызыңды бер, пайда болса,
Басқа сөзди қойғыл, атам.
-Қырқылсын бул қызыл тилиң,
Тезирек қарап болсын күниң,
Ашылғанда солсын гүлиң,
Мени ҳайран еттиң, қызым.
-Емесе сеники жөнбе?
Ол үш қатын меннен кем бе?
Алтын менен гүмис тең бе?
Ҳеш билмеген парқын, атам.
* * *
-Қызым өлгенше тек жүрме,
Теңиң менен дәўран сүрме,
Қорлық көрсең меннен көрме,
Деп кәтқуда тилин тартты.
Ғарры сөзден қалды тоқтап,
Барлық күшин белге топлап,
Жипе-жиксиз қызды боқлап,
Ашыў менен минди атты.
Күни менен отсыз турған,
Аш болып диңкеси қурыған,
Ат аяғын басты зордан,
Ҳә дегенде жүрмей қатты.
Мениң жайымды билмейсең деп,
Аштан сирә өлмейсең деп,
Неге шаўып жүрмейсең деп,
Атқа керилип қамшы тартты.
Қамшы тийген соң санына,
Ушы оралды шамына,
Қатты батқан соң жанына,
Ат ғаррыны алып қашты.
От салмай бурын минбеген,
Тулпардай қамшы сүймеген,
Шамына шыбық тиймеген,
Ат аўзынан көбик шашты.
Маңлайын қуртты ғаррының,
Кәтқуда болған сорлының,
Аш ябы ислеп зорлығын,
Ҳә дегенде араны ашты.
Ҳаслы ҳайўан әсте кетпей,
Ғаррының айтқанын етпей,
Атты иркиўге күши жетпей,
Албырақлап жаман састы.
Ала қуйын жөнсиз шаўып,
Кәтқудаға туўды қаўип,
Гә дузелип, гәҳи аўып,
Көп аўылға араласты.
Ат киятыр қыялланып,
Ийтлер шықты шабалланып,
Майда баллар қыйқыў салып,
Атқа қарап топырақ шашты.
* * *
Еситсеңиз сөзди аттан,
Бий ықтыяр елге шапқан,
Балалар шашқан топырақтан,
Ат қаймығып кеткен екен.
Көтерилип ғаррының бөксеси,
Зәнгиден тайып өкшеси,
Жерге дуўрыланып еңсеси,
Аттан аўып түскен екен.
Ғарры қалды аттан қулап,
Қуў ағаштай жерге сулап,
Жан түршигип, ети жуўлап,
Жан алқымға келген екен.
Бәденинен диңке кетип,
Ҳазары мийине өтип,
Кәтқуда шал қыймыл етип,
Омыраўын көтерген екен.
Алалмады өзин бийлеп,
Демиш зорға алды сийрек,
Көрейин деп азырақ сөйлеп,
Аўзын қыбырлатқан екен.
Жаны келип тур ийеклеп,
Сөз сөйледи зордан еплеп,
Тура алмай жатып гәплеп,
Кеўлиндегинин айтқан екен:
-Әсилик етип қудайға,
Ғарры ат жарысып тайға,
Саўшы боламан деп байға,
Саўдаларға түскен басым.
Жаным саўда жетпей елге,
Тирилей аяғым гөрде,
Қаларман ба усы жерде,
Елге күлки болған басым.
Әсби жәллап тилин алып,
Алдаў сөзге қулақ салып,
Ел-журтқа рәсўа болып,
Жаман атқа қалған басым.
Ынжылтпайман деп досымды,
Көзимнен төктим жасымды,
Жас етип ғарры басымды,
Қызға жаўшы болған басым.
Барған менен сапар оңбай,
Кеўилде дегеним болмай,
Ашылмаған мына маңлай,
Қула дүзде қалған басым.
Қайтейин буздым сәнимди,
Ийт, қус жер болды тәнимди,
Тәндеги шийрин жанымды,
Жанған отқа салған басым.
Айтып бола алмай ақ сөзин,
Өлим топырақ басты жүзин,
"Ҳеш тоймаған еки көзим,
Бир қысым шаңға толған басым"
* * *
Бул сөзимде ғалет жоқдур,
Залымлардың кеўли тоқдур,
Заман солай бузылып тур,
Көз жасты ким көрер екен?
Бәйит хатқа сызылып тур,
Жарлы-гедей езилип тур,
Заман белли бузылып тур,
Әдил заман келер ме екен?
Шадланысып тойлар тойлап,
Еркимизге күлип-ойнап,
Ҳаялыў-қыз күндей жайнап,
Жүрер күнлер болар ма екен?
Бердимурат, ҳалыңды бил,
Пайда жоқ болсаң да бүлбил,
Сендағы кетерсең бир күн,
Сөзим тамам болған екен.
Алдынғы бөлимге қайтыў: Ерназар бий
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: