Айдос баба (Aydos baba )
-Кел баба, шығыңыз төрге,
Ҳақ яратқан нәзеркәрде,
Теңгени бөлдик төрт жерге,
Бирин алың, Айдос баба!
-Мәрт болған ўәдеде турар,
Сөзин бузғанды ант урар,
Төрттиң бирине дийқан турар,
Тең бөл! – деди Айдос баба.
-Ханды уллы қылды қудай,
Дәскеси көп, хан еки пай,
Сизиң менен бизлер бир пай
Болдық енди, Айдос баба.
-Адам болсаң, абырай излең,
Отырар орныңды гөзлең,
Тиллериңди тартып сөзлең,
Алмам, - деди Айдос баба.
-Сондай болды истиң түри,
Айтса кетер кеўил кири,
Сизди қылдық төрттиң бири,
Алғыл енди, Айдос баба.
-Уллы болса ханның уллы,
Болажақсыз бәриң уллы,
Қайдан алыпсыз бул пулды?
Айтқыл – деди Айдос баба.
-Ханның қылған буйрығы шул,
Хан ҳәмирине мойынсынғыл,
Ҳәммеге бирдей салық пул,
Алың енди, Айдос баба.
-Хан отырар салқын жайда,
Тилла көшкили сарайда,
Мен болмасам ақша қайда?
Билиң – деди Айдос баба.
-Баба бунша қатты қашпа,
Сум нәпсиңниң аўзын ашпа,
Хызметкер көп сеннен басқа,
Қанаат қыл, Айдос баба.
-Мут пул керек сендей қулға,
Болажақсыз журтқа тулға,
Тең жарыман салық пулға,
Тең бөл – деди Айдос баба.
-Бабам, қылғыл енди сабыр,
Мәҳремлерге қылма жәбир,
Төрт бөлмегим ханнан ҳәмир,
Алғыл енди, Айдос баба.
-Өлген адам қайтып келмес,
Батыр жигит қайғы жемес,
Ўәдесин бузған хан емес,
Бергил – деди Айдос баба....
-Әси боларсаң аллаға,
Теңгени жары алмаға,
Ханың менен тең болмаға,
Уяларсаң, Айдос баба.
-Сен билмейсең мениң жайым,
Оның менен тең қудайым,
Керек емес бос абайың,
Тек тур! – деди Айдос баба.
-Мәҳремлер тилин алмасаң,
Хан ҳәмирине бойсынбасаң,
Төрттиң бирине турмасан,
Өзиң билгил, Айдос баба...
-Қанаатсыз қатын иси,
Ханға қарсы қандай киси,
Метер1 менен қусбегиси2
"Сен қой – деди – Айдос баба!"
Ашыўы келди, атланды,
Қус беги, метер тоқталды,
Қылышын алып оқталды,
Қаҳәрленди, Айдос баба.
Әўелинде тил алмады,
Сөзине қулақ салмады,
Метердиң жаны қалмады,
Шабар болды Айдос баба.
-Саўаш қылып ис басласам,
Қан төгип кеўил хошласам,
Геллеңди кесип тасласам,-
Деди сөгип Айдос баба.
-Ис жаманға енди кетер,
Бул киси айтқанын етер,
Тәўбе қылып қусбеги, метер,
"Қойдық", - деди, Айдос баба.
Шерик қылмай бир бендени,
Хийўада ханнан өзгени,
Қосып жиберди теңгени,
Тең айырды Айдос баба.
Душпаны көп, досы менен,
Найзасының ушы менен,
Билегиниң күши менен,
Ҳақын алды Айдос баба.
Келгенде хан өрре турды,
Ханға қарсы жуўап урды,
Бир неше жыл дәўран сүрди,
Бул ҳал менен Айдос баба.
Көпдур сөзимниң кемиси,
Дәрьяның урар дегиси,
Метер менен қусбегиси,
Жылаўында Айдос баба.
Еки араға түсти гийне,
Ханның инамы бир ийне,
Айдос бийге қылып ҳийле,
Ғапыл болды Айдос баба.
Айдос деген уллы киси,
Ақыры кетти қолдан күши,
"Ханның иси – шайтан иси", -
Деген екен Айдос баба.
Ханға болмады пуқара,
Қарсы болды бара-бара,
Жоқдур өлимге ҳеш шара,
Шейит өлди Айдос баба.
Дүнья исиниң жоқдур шеги,
Қолдаўлыдур ата-теги,
Туўды Ерназар қусбеги,
Түн сағасы Айдос баба.
1 Метер – хан сарайының хожалық басқарыўшысы ҳәмелдары.
2 Қусбеги – хан сарайында аңшылықты басқарыўшы.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Ерназар бий
Алдынғы бөлимге қайтыў: Амангелди
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: