Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Амангелди (Amangeldi )


Көрип тамаша қылыңыз,
Не әжайып палўан келди,
Келсе бабасын билгиңиз,
Журт ағасы Амангелди.

Амангелди журт ағасы,
Миянкөлдиң тоқсабасы,
Мырза Полатдур бабасы,
Аты шыққан Амангелди,

Асан аталық болғанда,
Миянкөлди сорағанда,
Оны душпан өлтиргенде,
Қанын алған Амангелди.

Асан сонда Миянкөлде,
Неше душпан барды онда,
Көп қолдаўлы Түркстанда,
Соған барды Амангелди.

Барып душпанды келтирди,
Геллесин кесип келтирди,
Мәртлигин журтқа билдирди,
Арыслан туўған Амангелди.

Амангелди Түркстанда,
Ҳәмир етсе бир заманда,
Ләшкер тартып атланғанда,
Бөлек-бөлек думан келди.

Ашамайлы ҳәм Сандаўлы,
Қостамғалы ҳәм Қолдаўлы,
Қолдаўлы төрт ата улы,
Жақсысыдур Амангелди.

Әмирдиң аты Музаппар,
Ҳәм Таҳирхан, Мийирҳайдар,
Шамурат ўаллами Дәнияр,
Барып көрди Амангелди.

Қоқан ханы қылды зорлық,
Қыз соратып берди хорлық,
Асан көрсетти дуғымлық,
"Жылатпайман елди" – деди.

-Қарақалпақ бермес қызын,
Ҳәммеси де мениң қозым,
Тийдирмеспен тириде өзим, -
Деп Асан ер Қоқан келди.

Сөзинен қайтпады Асан,
-Қыз аларсаң өлсем қашан,
Ўатан болмас бизге Қоқан,
Сен шуўлаттың елди, - деди.

Хан Асанды көп урғызды,
Және орнынан турғызды,
-Бермейсең бе – деди – қызды?
Асан және сөзге келди.

Астырды дарға Асанды,
Ел деп Асан берди жанды,
Соны қуртқан залым ханды,
Гелле қылды Амангелди.

Амангелдидей болмаға,
Барып ханнан қан алмаға,
Геллеге кесип, жан алмаға,
Қай бириңниң шамаң келди.

Қайтпады бектен ҳәм ханнан,
Кешерлер шийрин жанынан,
Амангелдиниң қолынан
Қутылмағы гүман болды...

...Урысқанын көрсең аның,
Қатеси жоқ бул дәстанның,
Қарсы келген ол душпанның,
Жүрегинде әрман келди.

Патшалар турған тахтында,
Оның дәўлетли бахтында,
Амангелдиниң ўақтында
Нешше ханнан инам келди.

Ол Бухары, Ғыждуўаннан,
Қашқары, Ташкент, Қоқаннан,
Әндижаны, Марғуланнан,
Тәрк болмайын даўам келди.

Амангелди дәўлетинде,
Бәрекелла хызметине,
Ҳәр бир журттан ҳүрметине
Түрли-түрли инам келди.

Өзи озған ғардашынан,
Кетпес дәўлети басынан,
Ол Бухардың патшасынан,
Жарлық мөҳри нышан келди.

Дөремес оныңдай адам,
Бул сөзди не билсин надан?
Олар ҳәм өтти дүньядан,
Нешше түрли заман келди.

Жетисти аллаға дады,
Қолдаўлыдур ҳаслы-зады,
Мырза Полаттың зүрьяды,
Арыслан еди Амангелди.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Айдос баба
Алдынғы бөлимге қайтыў: Шежире
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.