Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Шежире (Shejire )


... Көриңлер халықтың шежиресин,
Есит шежирениң мәнисин,
Бәршениң ата-бабасын,
Айтып баян қылған екен:

Әнес, Мәлик екки киси,
Пайғамбардың саҳабасы,
Әнес – қазақтың бабасы,
Шундын "алаш" болған екен.

Мәликтиң уғлы – Разыҳақ
Яшлығында қойды ғулпақ,
Кийген екен қара қалпақ,
Шундын "қалпақ" болған екен.

Саҳра халқы көшип гезбек,
Кәнтли жерден ўатан дүзбек,
Қалпақтың уғлыдур өзбек,
Өзбек жекке болған екен.

Өзбек яшында үйленди,
Он бешинде уллы болды,
Аның атын Жийен қойды,
Жийен батыр болған екен.

Жийенге ҳақ нәзер салды,
Мал-дүньясы абад болды,
Жийен зағыйпны көп алды,
Үш зағыйпы болған екен.

Бәйбишеден Майқы туўды,
Сыпайылық жолын қуўды,
Озалдан өзи бий болды,
Хан атасы болған екен.

Майқының уғлы Жайылған,
Йәне бириси Сейилхан,
"Жайылған" аты уран болған,
Қоңырат уран қылған екен.

Жайылған билән Сейилхан,
Сейилхан – яўмыт, туркмен болған,
Майқыдан туўып айрылған,
Ол Қоңыраттың туўғаны екен.

Бир зағыйбы Сәрназ екен,
Ҳүри-пәрийдиң өзи екен,
Қытайы-Қотанның қызы екен,
Жийен шуннан алған екен.

Сәрназдан туўды Қытайбек,
Қытайы тон қылды жөргек,
Йәне бириниң аты "Шақ",
Қытай-қыпшақ болған екен.

Малы-дүнья тилла болды,
Кийген тоны ҳилла болды,
Қытайбек да молла болды,
Илми талып болған екен.

Молла намаз шүриў1 етти,
Шақ алдынан йүгирип өтти,
Намазыны пасыд етти,
Ол бузғыўшы болған екен.

Шақ яш бала ерке уғлы,
"Қып" демеклик әреб тили,
Қыпшақдур түрки мәниси,
Шуннан "Қыпшақ" болған екен.

Қытайбек ҳәм қой жыйнады,
Қойы жаҳанға сыймады,
Ала таўларды жайлады,
Ол таў уран болған екен.

Қыпшақ ҳәм жылқы жыйнады,
Желиге қулын байлады,
Қымыз сабасын сайлады,
"Тоқсаба" уран болған екен.

Бир зағыйыптан еки ул болған,
Мүйтен билән Қыят туўған,
Туўған анасы Арыўхан,
Қыятқа уран болған екен.

Жийен ортасына қонды,
Майқы оң жағына қонды,
Қытай сол жағына қонды,
Шуннан оң-сол болған екен.

Мүйтен туқымы тентек болды,
Жайылғанға саўда салды,
Жайылған бий бәрин қырды,
Екки бала қалған екен.

Оннан екки бала қалған,
Баланы асырап алған, -
Аны сақлаған Ақшолпан,
Мүйтенге уран болған екен.

Өзбек және зағыйп алды,
Қалыңы йетти сан болды,
Йетти сан ат шуннан қалды,
Оннан үш уғыл туўған екен.

Теке, Кене, бири Маңғыт,
Маңғыт деген гүлли Маңғыт,
Теке деген Теке – Яўмыт,
Кене Маңғыттың туўғаны екен.

Кенениң Маңғыт ағасы,
Кене тентекдур иниси,
Ҳәр ис етсе кесдур иси,
Ол Кенегес болған екен.

Шөллерге гезер жейраны,
Жейранға қурған араны2,
Кенегес – Маңғыт ураны –
"Жаўлы – шаўқай" болған екен.

Мүйтен, Қоңырат, Қытай, Қыпшақ,
Кенегес – Маңғыт ақ пышақ,
Бәри алты урыў қаралпақ
Көшкенде айрылған екен.

* * *

Айланурлар неше заман,
Уллы йуртлар бар мусылман,
Оның патшасы Алтын хан,
Уллы патша болған екен.

Патшада бардур алтын тах,
Қуда берди ҳәм дәўлет-бақ,
Ол патшаның перзенти йоқ,
Бир нашары болған екен.

Ҳасыл әўлад дер затыны,
Көрдим шежиреде хатыны,
Алмалы Көрикли дер атыны,
Ҳүр периден болған екен.

Патша қызына жай салды,
Жәннет киби сарай салды,
Қырқ қызны хызметкер қылды,
Патша киби болған екен.

Гүмис айна, алтын тарақ,
Жайыны көрсең зербарақ,
Қойып гәўҳарий-шамшырақ,
Шуннан яқты қылған екен.

Салған екен уллы жайды,
Жеди набат-шекер, шайды,
Қыз көрмеди күниў-айды,
Шул жайда бәнт болған екен.

Ол қыз он беш яшқа кирди,
Шул сарайда өмир сүрди,
Жайды тесип, күнди көрди,
Күнге ҳәўес болған екен.

Қыз ашылды, шәйдә болды,
Неше йыллар айда болды,
Шундын ҳәмилә пайда болды,
Күннен бәҳра алған екен.

Алқысса қыз жүкли болды,
Буў сырны анасы билди,
Алтын ханға баян қылды,
Патша ҳайран болған екен.

Алтын ханды қыял тутты,
Усталарға ҳәмир етти,
Усталар сандық дүзетти,
Алтыннан қаплаған екен.

Қыз ҳәмиле язық билән,
Кийим-кеншек, азық билән,
Малы-дүнья қызық былән,
Ол сандыққа салған екен.

Қыз бийшара турды-ятты,
Намазшам болды, таң атты,
Сандықны дәрьяға атты,
Патша ҳәмир қылған екен.

* * *

Екки адам мерген еди,
Кийик-қулан атар еди,
Дәрьяда сандықны көрди,
Еккиси душ болған екен.

Бириниң аты Томаўылды,
Йәне бире Шыбан йерди,
Мақсудыны қуда берди,
Тилек қабыл болған екен.

Томаўыл мылтық көзләди,
Нышананы берк дүзләди,
Шыбан "атпа" деп сөзләди,
Оннан соң атпаған екен.

"Алтын сандық зыят" деди,
"Зарар тийсе уят" деди,
"Туўры атпа, қыя ат" деди,
Шуннан "Қыят" болған екен.

Томаўылдың қаҳәри қатты,
Сандықтың буршына атты,
Қырға айланды, булар тутты,
Суўдан сүйреп алған екен.

Екки мерген ҳәм сөзләсти,
Мәсләҳәт қылып ойласты,
Иши-тысыны пайласты,
Мәсләҳәт шул болған екен.

Шыбан көрип алтынны алды,
Томаўыл тәўекел қылды,
Аның пайы иши болды,
Ўәдеси шул болған екен.

Мергенлер дәрьядек тасты,
Ол сандықтың ағзын ашты,
Қызны көрип, ақлы шашты,
Бир пәрий олтурған екен.

Аят ҳәдийсдур сөзлери,
Жан алур жадыў көзлери,
Шәмсий қамердур йузлери,
Иләҳийдиң болған екен...

Көриңлер бул ҳаслы затты,
Ешитиңлер илтипатты,
Ләйләтул ақшам толғатты,
Айы, күни толған екен.

Сандық аққан дәрья-суўды,
Ол нашарды нәсип қуўды,
Ҳәзирети Юсуфтей ул туўды,
Атын Шыңғыс қойған екен.

Андын соң Томаўыл алды,
Рәсул сүннет некаҳ қылды,
Томаўылдан бир ул болды,
Бөденетай болған екен.

Ол нашарға раҳмет жаўды,
Ҳиммәт қурын белгә буўды,
Йәне ҳәм бир уғыл туўды,
Ол Бүргелтай болған екен.

Томаўылдың үш уғлы бар,
Шыңғыс бағда лала-гулзар,
Еренлер-пирлер мәдеткәр,
Ҳаслы күндин болған екен.

* * *

Булар келди онбеш яшқа,
Ана бирдур, ата басқа,
Екки иниси Шыңғысқа
Көп жаманлық қылған екен.

Ол еккиси тәреп болды,
Шыңғысқа жаманлық қылды,
Шыңғыс йурттан кетер болды,
Кеўли яман қалған екен.

Шыңғыс айды: "мен кетермен,
Дәрья өрине йетермен,
Барып шунда жай тутарман,
Несийбем шул болған екен"...

Алмалы Көрикли йығлады,
Шыңғыс бағрыны дағлады,
Айралыққа бел бағлады,
Зары-гириян болған екен.

Шыңғыс дер: "анда қысларман,
Несип болғанын усларман,
Пәрин дәрьяға тасларман",-
Нышанам шул болған екен.

Анасы айды: "күлмесмән,
Өли-тириңни билмәсмән,
Әжел йетмей мен өлмесмән",
Дийип афған қылған екен.

"Анажан, маған жуўап бер,
Ҳаққымға дуўа қылып тур,
Ҳәптеде бир дәрьяны көр",
Дийип ўәде қылған екен.

"Паный дүньяға келгеним,
Пәр ақса аман йүргеним,
Әгәр ақмаса өлгеним,
Шуннан мәлим болған екен.

Меннен саған себеп болды,
Жайың қалды қарап болды,
Күйип бағрың кәбап болды,
Әзелде язылған екен.

Әгәрде жан шықса тәндин,
Разы болғыл, анам, мендин,
Мен ҳәм айра түштим сендин,
Бахтың қара болған екен.

Қулақ салың ушбу сөзгә,
Өмирим йетмәс тоқсан-йузге,
Аўел бастан алла бизге
Айралықты язған екен.

Йығларман анам кәбам деп,
Меҳрибан пушты панам деп,
Сен йығларсаң жан балам деп,
Қыямет күн болған екен."

Бала, ананың көз яшы,
Урды пәләктиң гәрдиши,
Сабыр қылмақ мәртниң иши,
Шүкир субҳан3 қылған екен.

"Йығламағыл – қайғы-ғам йеп,
Қылғыл дуўаны рузышәп4,
Сени ҳаққа тапшырдым" – деп,
Хошласып айрылған екен.

* * *

Ели-халқы, пуқарасы,
Тул, йетимниң көзде яшы,
Бийықтыяр малы-башы,
Йурты ойран болған екен.

Яқшылар мәсләҳәт қылды,
Алмалы Көриклиге келди,
Келип уғлыны тиледи,
Тилек қабыл болған екен.

Тилегини қабыл етти,
Келгенлерниң иши питти,
"Шыңғыс йурттан шығып кетти",
Дийип, афған қылған екен.

"Бул еки уғлым хан болмас,
Мундин мақлуқ инсан болмас,
Хан болып йурт тута билмес",
Еки уғлыны сынаған екен.

"Қырқ адам талап қылыңлар,
Ҳәр йергә сораў салыңлар,
Шыңғысны таўып алыңлар,
Ханыңыз шул" деген екен.

Айтқан сөзи нақыл болды,
Алмалы Көрикли ақыл болды,
Бул сөз йуртқа мақул болды,
Фәтийҳа оқыған екен.

Ҳәр урыўға хабар салды,
Қоңыр ат минип Майқы келди,
Қырқ кишиге басшы болды,
Майқы сәрдар болған екен.

Қырқ адам болып жәм болды,
Қоңыр атлы жигит ким болды?
Шул қоңыр атлы Қоңырат деди,
Шундин "Қоңырат" болған екен.

Мүйтен ураны Ақшолпан,
Қыят ураны Арыўхан,
Майқыбий Қоңырат болған,
Еккиси қосылған екен...

... Бир неше күнлер йол жүрди,
Қула-биябан шөл жүрди,
Ҳәр бир йерден сораў салды,
Ҳеш хабар болмаған екен.

Нийерлердиң суўын ишти,
Не саўдалар басқа түшти,
Арадан алты ай кешти,
Шуңаша тапмаған екен.

Тәкаббирлик таўазықыны5,
Ҳақ кеширсин язықыны,
Ада қылды азықыны,
Аш-әптада болған екен.

Майқы тапты ақыл-ойды,
Ҳәр күнде бир, атны сойды,
Атның етине бир тойды,
Шуннан аўқат қылған екен.

Сәрдар басшы Майқы бийди,
Отыз тоғыз атты сойды,
Майқы атын соңға қойды,
Ат яқшысы болған екен.

Гезди неше бәлент таўды,
Дәрья-теңизни, атаўды,
Бир күн көрди ақ отаўды,
Майданда қурылған екен.

Сәрдары Майқы бий екен,
Ақ отаў Шыңғыс үйи екен,
Атаў бир белли жай екен,
Шул атаўда болған екен.

Өзгеси майданда қалды,
Екки адам тыңшы болды,
Намазшамда Шыңғыс келди,
Аттан түсип, байлаған екен.

Аңларыны үйге алды,
Ошақ қойып қазан асты,
Қазанын асып ет салды,
Ети қайнап пискен екен.

Өзи қайнайды, писеди,
Бисимилла деп бир асады,
Етти жуп-жуптан қосады,
Кәраматын қылған екен.

Миясар етти жаббар ҳақ,
Хан табағын қойды тақ,
Ясады жигирма бир табақ,
Келгенлерин билген екен.

Ашны шара-шара6 қойды,
Хан табағын дара қойды,
Бийге екеў ара қойды,
Ўалийҳулла болған екен.

"Алың-алың, алың," – деди,
"Сиз меҳрибан болың" деди,
Барлығын бир өзи жеди,
Пәтия оқыған екен.

Шунда булар хабарласты,
Үйге кирип саламласты,
Аман-есенлик сорасты,
Сөзлесип танысқан екен.

Меҳман болып шунда ятты,
Ертеси билән таң атты,
Майқы бәрине сөз қатты,
Хан мәсләҳәт болған екен.

Қойды қушбегим метерди,
Шыңғыс ханны хан көтерди,
Майқыға ықтыяр берди,
Хан атасы болған екен.

Хан назарында дәрганы,
Қурып отаўға бәрғаны,
Мәсләҳәт қылды арбаны,
Арба керек болған екен.

Қоңырат тапты бир арысын,
Маңғыт тапты бир арысын,
Өзге ағаштың бәрисин,
Басқаларға салған екен.

Шунда Қаңлы уста болды,
Қағып-соғып арба қылды,
Шүйит ҳәм шүйини салды,
Шуннан шүйит болған екен.

Арбаға Шыңғыс хан минди,
Хан атасы Майқы минди,
Ат жекти, ат арба қылды,
Йолға раўан болған екен.

Бир неше күнлер йол йүрди,
Қула-биябан шөл жүрди,
Аман-есен елге келди,
Ханны алып келген екен.

Қырқ кеше, күндиз той қылды,
Байрақ қойып атын шапты,
Мерген алтын қабақ атты,
Тойын тамам қылған екен.

Хан келди йурты тоқ болды,
Уры-қарақшы йоқ болды,
Зорлығы йоқ, теңлик болды,
Йурты абад болған екен.

* * *

Әўел бабамыз Майқы бий,
Аның уғлы Жайылған бий,
Жайылған уғлы Нағадай,
Нағадай бий болған екен.

Нағадай бий йурт ағасы,
Жумлә Қоңыраттың бабасы,
Отыз уғылның атасы,
Улы отыз болған екен.

Ешитиң йәне бир сөз бар,
Сөз мәнисин билмек дәркар,
Жайылған ураны Қоңырат бар,
Шул отыздың зүрияды екен.

Батырлар кирсе саўашқа,
Нәзер етмес дағы-дашқа,
Жайылғаннан ураны басқа,
Мүйтен билән Қыят екен.

Қоңырат ураны Жайылған,
Мүйтен ураны Ақшолпан,
Қыят ураны Арыўхан,
Ҳаял уран болған екен.

Ҳаслы әўлады-затыны,
Көрдим шежиреде хатыны,
Ҳаял демесең атыны,
Базы бир ерден зыят екен.

Нағадай уғлы Қарабек,
Аның уғлы Жәнибек, Қаллибек,
Жәнибек уғлы Ҳайдар, Әлибек,
Уғлы екки болған екен.

Әлибектиң уғлы Ақәдил,
Йәне бириси Байәдил,
Ҳайдардан Едил, Жанәдил,
Ол ҳәм екки болған екен.

Әжел жетти Ҳайдар өлди,
Екки уғлы йетим қалды,
Төргиси еншилес болды,
Бирге талап қылған екен.

Дүнья бийжай ҳадден асты,
Ол төртиси енши алысты,
Малларына тамға басты,
Тамға шуннан қалған екен.

Қолына басқан Қолдаўлы,
Санына басқан Ашамайлы,
Жуптан басқан Қостамғалы,
Тамғасы қос болған екен.

Төртисиден зүрияд қалды,
Жазылған шежире хат қалды,
Ҳайдар, Елибек ат қалды,
Себеби шул болған екен.

Нағадай уғлы Қарабек,
Аның уғлы Қалбек, Жәнибек,
Қалбек уғлы Қулжан, Толыбек,
Ол ҳәм екки болған екен.

Еккиси саўдагер болды,
Ханнан жығалы хат алды,
Шуннан Ханжығалы болды,
Себеби шул болған екен.

Қулжан саўдагер гежи7 алды,
Гежини сатып саўда қылды,
Шуннан Бугежили болды,
Гежи себеп болған екен.

Ақәдил уғлы Толыбай,
Толыбай уғлы Сарыбай,
Сарыбайдың уғлы Бәдекбай,
Базар ғулпақ болған екен.

Базарғүпақның уғлы Томай,
Бәршени яратты қудай,
Йәне бириси Меңлибай,
Оннан Майшы болған екен.

Томай елши дархан болды,
Ол Томайдан беш уғыл туўды,
Бешиси ҳәм көсе болды,
Беши бешкемпир болған екен.

Хожакелди, Ҳажыкелди,
Ҳажыкелди аўели бек болды,
Оннан Ханкелди, Жанкелди,
Йәне бири Султан екен.

Ханкелди уғлы Қарабас,
Қарабас уғлы Ешнияз,
Ниязның уғлыдур Ораз,
Ол аталық болған екен.

Ҳажыкелди уғлы Султан,
Андин Айдос, Майбас туўған,
Айдос йуртқа аға болған,
Киси асып, дар қурған екен.

Айдосбий йуртның ордасы,
Екки уғлы – Ырза, Төрес,
Ерназар бий немереси,
Ол қушбеги болған екен.

Мәўиж урған дәрьядай тасты,
Қылышынан қанлар шашты,
Үш ағаш қурып, киси асты,
Хан сипәтте болған екен.

Ырзаның уғлы Искендер,
Алтын қазық тилла камар,
Искендер уғлы Қалендер,
Бул ҳәм болыс болған екен.

Толыбайдан Қудайберди,
Қудайберди йетим қалды,
Бир зағыйптан үш уғыл болды,
Ҳусны яқшы болған екен.

Қожай Қадирқул, Жуман,
Қарасыйрақ ҳәм Қалқаман,
Қалқаман билән Мүлкаман,
Ол Қожайдың зүриясы екен.

Бул сөзде йоқдур шубҳа-шек,
Ҳасаннын уғлы Полатбек,
Полаттың уғлыдур Түбек,
Уғлы төртеў болған екен.

Байымнан берги Бекхожай,
Исенбек билән Мырзатай,
Андин соңғысы Айтымбай,
Уғлы Өтеген болған екен.

Байымнан Сүйин, Сиңирбай,
Гүлим, Еркинбай, Жарқынбай,
Жуман, Шоңқара, Атақай
Жуман бийден туўған екен.

Әўел бабасы Жуман бий,
Шоңқара уғлы Аймурза бий,
Махмуд аталық Төребий,
Ели-журттан озған екен.

Бир загыйптан Даңқлы болды,
Андин қосағы туғылды,
Қазақбай, Бекполат ерди,
Соңы Баспай болған екен.

Мәмбетқулдың үш уғлы бар,
Манақ, Бөлек, бири Қошқар,
Олжа қыз-қалмақ зағыйпы бар,
Қалмақ шундин туўған екен.

Ақәдил уғлы Яқшыбай,
Қудайберген Қараўылбай,
Қараўыл уғлы Дәстолыбай,
Байдан батыр болған екен.

Байданның уғлы Жолымбай,
Аның иниси Меңлибай,
Есен, Түўелбек, Полаттай,
Қайсы батыр болған екен?

Меңлибайдан Бердиәлий бар,
Бердиәлийдиң беш уғлы бар,
Қожамбар билән Пирияр,
Түйебай батыр болған екен.

Бириси Асанғалий бай,
Ғайып батыр билән Жанқай,
Сүйип батыр, Қарабас, Муртай,
Қарлыбай бий болған екен.

Қараўыл уғлы Дурыс, Толыбай,
Қожақҳабыз, Жәрменбетбай,
Баймуратбай йәне Боранбай,
Байман, Жумат болған екен.

Күле суўпы Күшимқулы бай,
Бәршени яратты қудай,
Қалменбетниң уғлы Матай,
Ермәмбетбай болған екен.

Қалмухаммед Матай десем,
Йурттан озған бәри шешен,
Ақлық-шаўлығы қазы, ийшан,
Ихтисабын қылған екен.

Қоянбайдан Жәрмәмбет,
Қайыр қылсаң қылма миннет,
Йәне бириси Ырысмәмбет,
Ол Палўан бий болған екен.

Жилҳабыз уғлы Турхожа,
Беш намазын қылды қаза,
Өзи бир тентек биймаза,
Базар ғайрат қылған екен.

Турхожа уғлы Базарбий,
Қудайберди, Қурбанбек бий,
Қурбанбек уғлы Қуўанышбий,
Қалмәмбетбий болған екен.

Байәдилден Бесим болды,
Бесимбийден бес ул болды,
Еки уғлы ҳасыл болды,
Ол Бийке, Бекполат екен.

Қызыл шатыр, жасыл шатыр,
Алдыңызда душман ятыр,
Бийкеден туўды үш батыр,
Жаў көринсе алған екен.

Хожаназар, Сүйиндик, Толас,
Еренлерден болған нәпес,
Бири-биринен кем емес,
Гөруғлыдай болған екен.

Хожаназар уғлы Шералы,
Андин мәҳрам Есенгелди,
Мәмбеттиң уғлы Елгелди,
Соңы Абдулла болған екен.

Бекполаттың екки уғлы бар,
Жуўырып-жортып қылды сапар,
Бири Түркмен, бири Бухар,
Ол Әўезбий болған екен.

Шарайна, Әдилбек, Саўытбай,
Сүйиндик уғлы Еримбий,
Сәдирбек жүзбасы, Сексенбий,
Сүйиндиктиң зүрияды екен.

Батыр болды ма Ақтайдай,
Қулжан қазы Ҳажыбай,
Қуўаныш батыр, Тағай, Тоғай,
Ол Толастың зүрияды екен.

Байәдилден Ашамайлы,
Ҳайдар уғлы Қостамғалы,
Қандекли билән Қолдаўлы,
Еншисин бир алған екен.

Бир сөз бар, қылалы изҳар,
Ҳайдарның екки уғлы бар,
Малға салған тамғасы бар,
Тамғасы қос болған екен.

Едил малға тамға басты,
Тамғасыны санға басты,
Қос тамға ашамай басты,
Ашамайлы туўылған екен.

Жанәдил ҳәм тамға салған,
Тамғасыны қолға салған,
Ширжеген билә қарын буўған,
Қолдаўлының туўғаны екен.

Хан ҳәзиреттен жаўап алып,
Өрикли бойыға қала салып,
Үш урыўға патша болып,
Кеўилдегин қылған екен.

Қаласын мүҳим шайлады,
Душманның йолын байлады,
Адам қосып қос айдады,
Бийлер мийримсиз болған екен.

Бай болсаң бол Ғаныйбайдай,
Досан батыр, Досымқулдай,
Исмайыл билән Тоғанайдай,
Қултай баба болған екен.

Жангелди бабаң Жаўлатбай,
Аның уғлы Ҳайдар, Елтай,
Ким болды Арзы аталықтай,
Раҳматулла болған екен.

Бердақ суўпы дерлер атым,
Қолдаўлы дур ҳаслы затым,
Ҳайдар, Әлибектиң зүриядын,
Айтып тамам қылған екен.

* * *

Алғыр суңқардың нешеси,
Арын Мырзадур кишиси,
Отыз уғылның өзгеси,
Арынша болмаған екен.

Йоқдур сөзимниң қатасы,
Хан Жаныбек қайнатасы,
Ханның қызы бағ шәйдасы,
Хан күйеўи болған екен.

Ғайып Хийўаға хан болды,
Қоразбек ҳәм султан болды,
Ақыбети ойран болды,
Мәдемин инақ болған екен.

Мәдемин уғлы Әўез инақ,
Қуда берди ҳәм дәўлет-бах,
Елтезер инақ, Қутлымурат инақ,
Әўез инақтың туўғаны екен.

Нағадайбий минди тулпар,
Салды туйғын, лашын, суңқар,
Суңқар түлеткен туғыр бар,
Туғыр кимде қалған екен?

Тәкәббирлик таўазықыны,
Ҳақ кеширсин язықыны,
Ол туғырның қазықыны
Бүрништин саплаған екен.

Елбарыс хан сүрди патшалық,
Патшалықны берди халық,
Ўәзир Ақәдил аталық,
Ханға ўәзир болған екен.

Сәрсеннен Әдийна туўған,
Әдийнадан аталық болған,
Андин Есен инақ болған,
Хийўаға инақ болған екен.

Қызыл баш Нәдирша келди,
Ша келип Хийўаны алды,
Үш жүз алтмыш мың киши өлди,
Ағла шеҳит болған екен.

Тәрийпини дийсем баштин,
Әрмансыз ат билән қушдин,
Нақыра алтын күмиштин,
Туғырны қаплаған екен.

Патшалық аўели дәскедин,
Көрдим қағазда нусқадан,
Шаббаз ўәлийдин башқадан,
Нәтийже тапмаған екен...

Ҳақ бизни яратты инсан,
Мүшкилимни әйлегил ансан,
Нағадайдың уғлы Досан,
Досан батыр болған екен.

Мәнзил узақ, йүги ағырды,
Әжел адамға үгырды,
Алтын қаплаған туғырды
Досан батыр алған екен.

Ол туғыр Досанда қалды,
Досан малға тамға салды,
Мал бөлисип, енши алды,
Туғыр тамға салған екен...

Бабасыдур бий Нағадай,
Досан батыр, батыр Естай,
Оразай, Мамыр, бий Шалысбай,
Алты ата болған екен.

Дәўлетлиден дәўлет кетти,
Бийдәўлетке нәўбет жетти,
Бир он жети батыр өтти,
Ол Досанның зүрияды екен.

Тасаддықдур башы, малы,
Ҳиммет берген Ҳәзирети Әлий,
Шайтанға мегзер Хийўа ханы,
Алдап шақырып алған екен.

Қызыл шатыр, жасыл шатыр,
Бәршени яратты қадир,
Шул айтқан онжети батыр,
Хийўа хандын өлген екен.

Ол онжети батыр өлди,
Ақ үйге қара байланды,
Матам тутып аза қылды,
Ҳәм айтып йығлаған екен.

Йузин жыртып жара салды,
Онжети үйге қара салды,
Шундин "қара мойын" болды,
Себеби шул болған екен.

Мәрт яқшы, намәрт йузиңдин,
Март уғыл турар изиңдин.
Шалысбай бийдиң қызыдин
Ол үш батыр туўған екен.

Патша минген алтын тахты,
Ол үш батыр ҳәм қалпақты,
Дайысы ушын Рустем инақты,
Қарқыратып шалған екен.

Малы-дүнья билән зәрниң,
Болмас баҳасы гәўҳарниң,
Қаныны онжети ерниң,
Ҳақыйқаттан алған екен.

Мүйтен, Қоңырат, Қытай, Қыпшақ,
Кенегес, Манғыт ақпышақ,
Бәри алты урыў қаралпақ,
Үргенишни жайлаған екен.

Аз емесдур, қарақалпақ көп,
Жер майы деп, шөп майы деп,
Қарақалпақны хийўалы жеп,
Мықлым бийзар қылған екен.

Аты қарақалпақ кеңести,
"Мунда олтырмақ әбести",
Қарақалпақ бүлди де көшти,
Жолға раўана болған екен.

Бәрше қаралпақ үш мың үй,
Балғалыдан Аннақул бий,
Йуртның яқшысы Едил бий,
Көп нәсийҳат қылған екен.

Қарақалпақның бәри кетти,
Арадан неше күн өтти.
Яна дарьясына йетти,
Ҳарып-шаршап барған екен.

"Нәсийҳатымны тутыңлар,
Сөзимни қабыл етиңлер,
Дәрьяны өтип ятыңлар,
Дарья қала болған екен".

Онтөрт урыў суў өтмәди,
Нәсийҳатыны тутмады,
Сөзини қабыл етмади,
Берги яқта болған екен.

Көшип қаштың күни-түни,
Едилбийдиң бар ма мини,
Таңла жаўдың йетер күни,
Есабы шул болған екен.

Қоңырат болған өтип жатты,
Онтөрт урыў өтпей жатты,
Таң да атты, жаў да жетти,
Мың баланы алған екен.

Қыпшақ, Қытай екки урыў,
Кенегес, Манғыт төрт урыў,
Менменсиген он төрт урыў,
Йығлай-йығлай қалған екен.

Екки бийден кеңес алып,
Мал баласын берикке салып,
Жайылған атлы Қоңырат болып,
Қайтып суўдан өткен екен.

Қоңырат суўны қайтып өтип,
Яўмыт билән саўаш етип,
Сәрдарыны тирилей тутып,
Хожаназар батыр алған екен.

Мың бала яўмытта қалды,
Сәрдары қалпақта болды,
Сәрдар билән алыс қылды,
Мың баланы алған екен.

Хийўалы менен қас болып,
Хожаназар батыр бас болып,
Артық, Арыс йолдаш болып,
Қурт ойынын салған екен.

Бир қуданың қәлеўинде,
Яўмыт келип талаўында,
Үш батырның жылаўында,
Қызыр Иляс болған екен.

Қызыл шатыр, жасыл шатыр,
Орыста бар губернатор,
Айдос билән Рустем батыр,
Жығында айтысқан екен.

Рүстем айтты: Қоныратсаң,
Көп қаралпаққа қосентсең,
Қәўпеки қорқақ, қуры атсаң,
Қоңырат не адам болған екен.

Айдос айтты: Қоңыратпан,
Алмас, гәўҳарман, полатпан,
Шыны Қоңырат ҳасыл затпан,
Маңғыт тәжик туўған екен.

Хызмет еттим ханға, инаққа,
Аға болдым қарақалпаққа,
Бир силтеген шығанаққа,
Мың балаңды алған екен.

Кенегес, Манғыт, йоқдур есиң,
Қарақшылық сениң исиң,
Үш батырдай бар ма күшиң,
Кимиң шундай болған екен?

Айдос баба шыны йерди,
Алған екен намыс, арды,
Бурынғы өткен ишлери,
Соңғыларға қалған екен.

Айдосбийниң сөзи өтип,
Намысы келип ар етип,
Екки мурыннан қан кетип,
Еси аўып жығылған екен.

Яўмыт ойнады, утылды,
Сәрдары тирилей тутылды,
Қаралпақ жаўдан қутылды,
Жолға раўана болған екен.

Қаралпақ Үргеништен қашты,
Бухар тәрепине асты,
Барып Елиўбайдан түсти,
Бир неше күн болған екен.

Қаралпақ көшип бүлинди,
Бүлингени сыйыр жылы еди,
Йурт шул йерде үш бөлинди,
Үш тәрепке кеткен екен.

Кенегес, Манғыт, қырқ жупар,
Шәҳрисәбизде – Қытай, Қыпшақ бар.
Жийдели Байсында – Қоңырат бар,
Бир неше йыл болған екен.

Қаралпақ бир мақлуқ инсан,
Ҳәр нешикдур мусылман,
Ата йуртыдур Туркстан,
Туркстанға бармаған екен.

Кәнтли Түркстан әжеп жай,
Онтөрт урыў – аш, Қоңырат – бай,
Шымылдық урлапты Қытай,
Пирден қарғыс алған екен.

Қарғыс алып қудай атып,
Қарақшы болды түн қатып,
Тутып алды аңлып ятып,
Байлап кисен салған екен.

Тутып алып кисен салды,
Уғырлық соңы дуға болды,
Дуға соңында жаў болды,
Атысып-шабысқан екен.

Уғырлап малды ала салды,
Жанасқанға жала салды,
Даўласқанға бәле салды,
Сөйтип көшпей қалған екен.

Түркстаннан Қоңырат көшти,
Сурқанға келип түсти,
Малы-басы оннан да өсти,
Мықлым абад болған екен.

Узақ түсти арамыз деп,
Ашлықтан йоқ шарамыз деп,
Биз ҳәм көшип барамыз деп,
Келип хабар салған екен.

Келгенлерин урар болды,
Йолын тосып турар болды,
Көшсе йолда қырар болды,
Қоңырат ўәде қылған екен.

Түркстанның йолы алыс,
Онтөрт урыў етти намыс,
Уғырлап көмип көмир-қамыс,
Ялған даўа салған екен.

Ата-бабамыз Жайылған,
Желиге қулын байлаған,
Қазақ жаў болып қоймаған,
Белли нышан қылған екен.

Онтөрт урыў ар-намысын,
Көрдим исиниң шалысын,
Көрсетип көмир-қамысын,
Қоңыратты алдаған екен.

Он төрт урыў көшип бүлди,
Кими йолда аштан өлди,
Сурқанға булар ҳәм келди,
Қоңыратқа табысқан екен.

Келип Қоңыратқа табысты,
Бәле қададай жабысты,
Йәне жаў болып шабысты,
Ағзы ала болған екен.

Қазақның йылқысын алды,
Аның соңы бәле болды,
Қазақ көп йурт, зорлық қылды,
Қаралпақ қозғалған екен.

Шөлге шыдап қазақ турды,
Әўел көшкен Жаўынғырды,
Жаўынғырды қудай урды,
Үш йыл бурын болған екен.

Сурқаннан көшип бүлди,
Көшип болып ойға келди,
Жайҳун дәрьядан жап алды,
Дийханшылық қылған екен.

Үш жылдан соң Шүллик көшти,
Аңа берди алла дәсти.
Аман-есен келип түсти,
Жаўынғырға қосылған екен.

Қарамойын, Мүйтен, Қолдаўлы,
Ашамайлы, Қыят, Балғалы,
Қандекли билән Қостамғалы,
Шүллик тамға салған екен.

Пейли яман Жаўынғырды,
Сумлық етип артын бурды,
Шүллик аны басып урды,
Ақырзаман болған екен.

Жаўынғыр кетти мундин көшип,
Кесе етекте болды нәсип,
Малдан қулақ, қуйрық кесип,
Жаў тамғасын салған екен.

Онтөрт урыў көшпей қалып,
Жаңа дәрьяға қала салып,
Қошназар билән Нуртай болып,
Қазақ пенен шабысқан екен.

Қазақ етти ар-намысты,
Аты алаш болып табысты,
Қошназар қайтпай шабысты,
Қазақтан қырылған екен.

Ат қуйрығын үштен өрип,
Қорыққан екен жаўды көрип,
Қошназарын жаўға берип,
Нуртай үйге келген екен.

Қошназарын таслап кетип,
Қашқанлығына аре тип,
Үйинде бир ҳәпте ятып,
Нуртай батыр өлген екен.

Бәршени яратты қудай,
Неше жыл көшти, неше ай,
Оймаўыт билән Орынбай,
Нуртайдан соң болған екен.

Қазақта той байдақ, байдақ,
Атан түйе минип жайдақ,
Шериўшиде Төбет, Тайлақ,
Қытайға аға болған екен.

Батырда бардур алтын тах,
Қуда берди ҳәм дәўлет-бақ,
Айдосбий, Қутлымурат инақ,
Жығын тартып келген екен.

Ҳәр кимге болды бир нәсип,
Хийўалының кеўли өсип,
Атысып-шабыспай еллесип,
Онтөрт урыўды алған екен.

Яд етип қадир алланы,
Нақ салды салық тилланы,
Сыйлық берип қыз Пилланы,
Айдос баба алған екен.

Айдосбий сыйға қыз алып,
Қыз алып кеўли хош болып,
Ол қызға үлкен той қылып,
Өлеңин айттырған екен.

Йурди Айдосның ҳүкими,
Қыз-келинлерниң сөзини,
Сондағы айтқан өлеңи,
Нақыл болып қалған екен:

"Елим көшти Сәрсәбизге,
Дәрья қуяр көктеңизге,
Қашар телип ғарры өгизге,
Қонырат зорлық қылған екен."

Душманның даўын өширип,
Достың гүнасын кеширип,
Онтөрт урыўды көширип,
Бабаң айдап келген екен.

Қарамойын Жасыбайға,
Андын соңыра Мәнибайға,
Жасыбайдан Аманбайға,
Он еки ата болған екен.

Нешшеге дүнья-мал берди,
Нешшеге илмим-ҳал берди,
Маңа тақаллим тил берди,
Қуда несип қылған екен.

Ошбу тилниң бар әғасы,
Кеўлимде жайдур шежиреси,
Бәршениң ата-бабасы,
Шундин мәлим болған екен.

Китап көрдим Мусаннифдән,
Сөз ешиттим Андалиптин,
Мениң сөзим бир ҳәриптиң,
Бәри тамам болған екен.

Расулға үммет, ҳаққа қулман,
Қүдирет ишини билмән,
Бағда сайраған бүлбиләм,
Ўақтым қазан болған екен.

Жетмиш-сексен яшта өзим,
Бир көзим бар, йоқ бир көзим,
Ўақтым өтти, йоқдур ҳәзим,
Гүл япырағы солған екен.

Не яқшы-яманды көрдим,
Жети-сегиз ханды көрдим,
Үш дәўир заманды көрдим,
Заман шеп айналған екен.

Алым сөзи шәриятдур,
Дуў жаҳанда шарапатдур,
Ғарры сөзи ўәсиятдур,
Билмәганлар надан екен.

Яшы жеткен ғаррыларның,
Биймар ятқан қастелерниң,
Дуғасы мақул оларның,
Адам ғапыл болған екен.

Малы-дүнья зийнет йерди,
Ғадудин деп хабар берди,
Қарун дүньядан не көрди?
Дүнья соңы ялған екен.

Бийғайрат бир бақыл болдым,
Илими йоқ, намақул болдым,
Ҳақ ҳәмиримди ғапыл болдым,
Өмирим бийкар өткен екен.

Қуда берди бу зыбанны,
Не раҳманы, не шайтаны,
Билмәсман сөзим зыяны,
Ҳалым мүшкүл болған екен.

Жетмиш-сексен яшқа келдим,
Қазан урған гүлдек солдым,
Тәўбе қары суўпы болдым,
Ўақты яқын келген екен.

Шийрин зибан нуқтаданлар,
Қулақ тутын мусылманлар,
Мени айып етмеңиз, жанлар,
Нәсибем шул болған екен.

Ҳужудиндин дәрья ташты,
Дәрбент йықылды, йол ашты,
Қуда тағдир еткен ишти,
Табдил етмек ялған екен.

Бу сөз илаҳийдин келди,
Келип кеўлиме жай болды,
Ишим, тышым бәри толды,
Андын соң айтылған екен.

Бердимурат ҳақның қулы,
Саҳрада өскен бүлбили,
Бу шежирени жылқы жылы,
Халыққа мәшҳүр қылған екен.


1 Шүриў – намазды қаза етти.
2 Аң аңлаў ушын жерден қазылған ор.
3 Субҳан – қудаға шүкирлик
4 Рузышәп – кеше-күндиз.
5 Таўазықы – ашыў қәбилети.
6 Шара-шара – төртеў ара деген мәниде.
7 Гежи – ешки, жанлық деген мәниде.




Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Амангелди
Алдынғы бөлимге қайтыў: ПОЭМАЛАР
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.