Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Мегзер (Megzer )


Мәнжиўли, бексыйық минер кемеге,
Ҳәддине бақ бизди қоңырат демеге,
Қызлардың шығады геўирек жемеге,
Сениң салланысың сәлбиге мегзер.

Қоңыратта Ғанийбай малға ғаныйды,
Ережеп сыншыңыз киси таныйды,2
Бийлериң бир-бирин сырттан сайыйды,
Ибрайым Аллашың шайтанға мегзер.

Бий болып қытайда Пазылбек өтти,
Қоңырат Ерназарға көп қаслық етти,3
Пухарасы тозып тум-тусқа кетти,
Малыны гүрт4 алған шопанға мегзер.

Улыс уламадан бузылса нетер,
Ийшанның ибилиске дәрис үйретер,5
Келинниң бөксесин шымшылап өтер,
Уламаң ибилистен азғана мегзер...


1 Бул қосық пүтин нусқада табылмай атыр.
2 Ережеп сыншы – қыпшақтың бийи Ережеп (халықта оны "Ережеп тентек", "сыншы бий" деген лақапта жүритеди)
3 Бердақ бул жерде ҳәм буннан кейинги қатарларда Ерназар алакөз баслаған халық көтерилисине қыянет қылған он төрт урыўдың бий ҳәм уламаларына гийне етип атырса керек.
4 Гүрт – Бөри, қасқыр.
5 Дәрис – сабақ.




Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Кәлан уста
Алдынғы бөлимге қайтыў: Муўса бақсыға
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.