Муўса бақсыға (Muwsa baqsıǵa )
Адамзаттың жанға ҳәзин,
Гүллендирген кеўил жазын,
Жағымталлы сөзи-сазын,
Тәрип етейин Муўсаның.
Таңландырған патша, ханды,
Саз бенен ериткен жанды,
Бәрше бақсыға султанды,
Әўмети асқан Муўсаның.
Тәрип етсем оны, дослар,
Адамзаттың ўақтын хошлар,
Қайырылады ушқан қуслар,
Сазын еситсе Муўсаның.
Алақайыслы дуўтары,
Халықтың сүйген қарыйдары,
Адамзаттың шын суңқары,
Сазын еситсең Муўсаның.
Еденбайдың жолы уллы,
Келди сөзи Мақтумқулы,
Ҳаўазасы журтқа толы,
Лапызын көрсең Муўсаның.
Өтеп бақсы, Алланияз,
Ҳәр жағынан қызығы аз,
Қыс күниңды етеди жаз,
Сазын тыңласаң Муўсаның.
Жуманияз, Қурбан бақсы,
Айтқан жерде түйе басты,
Ҳаўазы бүлбилден жақсы,
Қусты қайырар Муўсаның.
Қулманбеттиң сөзи уят,
Халмураттың сазы зыят,
Сөзлери өңшең нәсият,
Ақыл ендирер Муўсаның.
Бақсыға жүйрик Байнияз,
Шалқып өтти қысыў ҳәм жаз,
Айрылмайды саз ҳәм ҳаўаз,
Буған сөзи жоқ Муўсаның.
Қутлымурат, Серек деген,
Ҳеш нәрсеге керекпеген,
Тыңлағанларға йош келген,
Сазын еситсең Муўсаның.
Әжинияз сөздиң ийеси,
Бақсылардың сүйген досы,
Халықтың келтирген йошын,
Сазын еситсе Муўсаның.
Сәйекениң аты бақсы,
Саздан көре сөзи жақсы,
Шалабай сөзге масақшы,
Бир аўыз сөзи Муўсаның.
Дурысберген ҳәм Бегнияз,
Саз-сөзинде нәтийже аз,
Қурылады жағымлы жаз,
Сазын тыңласаң Муўсаның.
Еденбай сөзге көп уста,
Керимберген гөне нусқа,
Түри мегзер алғыр қусқа,
Келбетин көрсең Муўсаның.
Сейтназар ҳәм Сейтек деген,
Айттырсаң тәсир етпеген,
Мереке саўған еп пенен,
Сөзи садаға Муўсаның.
Айеке менен Муртаза,
Шертип өтти мудам қазба,
Сазыў-сөзинде жоқ маза,
Лақабын есит Муўсаның.
Қолдаўлыда шын қаралпақ
Тәрип еткен шайыр Бердақ,
Басына қонып дәўлет-бақ,
Сайрап өтипти Муўсаның.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Мегзер
Алдынғы бөлимге қайтыў: Мүйтен еллери
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: