Кәлан уста (Kálan usta )
Ақ қаланың ең шебери,
Ағаш усталық ҳөнери,
Өзин ҳәммеден илгери
Есаплаған Кәлан уста.
Тал ағаштан түйме соққан,
Ҳөнери ҳәммеге жаққан.
Сәккиз теңгемизди қаққан,
Бир қапыға Кәлан уста.
Бул исиң сениң уятты,
Питкер тезирек аманатты,
Берген қапым бир жыл жатты,
Ықрары жоқ Кәлан уста.
Бунша ықрарсыз болғаның,
Буйырармекен алғаның,
Усталы ел бузылғанын
Сеннен көрдик Кәлан уста.
Аманатымды сорасам,
Сонша неге бад урасаң?
Бий, молла келсе үйиңе,
"Алып кет" деп жуўырасаң.
Қапыға ағаш жыйнадым,
Сонша қатнасып қыйнадың,
Соққан қапыңа сыймадым,
Бул неткениң, Кәлан уста?
Ҳәмме саған қарар екен,
Елдиң мүтажы бар екен,
Пейлиң қапыңдай тар екен,
Кәлан емес, ялан уста.
Айттым туўрылық гәпини,
Питкермей елдиң мәпини,
Бейишке қурсаң бул қапыны,
Сен сыймассаң, Кәлан уста.
Бердимурат мениң өзим,
Журтқа жақпаған минезиң,
Алағой қапыны бизиң,
Ат етерсең Кәлан уста...
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Жәметке
Алдынғы бөлимге қайтыў: Мегзер
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: