Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Мүйтен еллери (Múyten elleri )


Дослар, тәрип етсем мүйтен еллерим,
Шарўаға жай, шөби отлақ жерлери,
Аҳыў-тоғын билдирмейди көллери,
Мүйтенниң балықлы теңизи барды.

Бекире сазан ушын аўлары барды,
Қаст еткен кисиге даўлары барды,
Күн ортадан мунарланып көринген,
Мүйтенниң Тербенбес таўлары барды.

Саўытбайдың жән-жағасы саматты,
Балығынан аўқатлары абатты,
Қыз-жигиттиң шайнағаны набатты,
Мүйтенниң абадан еллери барди.

Моллалары айтар бес ўақ азанын,
Жуўыстырып асып қояр қазанын,
Барса алар көлдиң сары сазанын,
Мүйтенниң жыранлы жылымы барды.

Шарўа халқы теңиз бойын жағалар,
Жерлери бай, отлақ жерин сағалар,
Мүйтен менен бәс тутпаңыз, ағалар,
Мүйтенниң Баймамбет пирлери барды.

Жылўа менен жаныңды алған көзлери,
Шекерден шийриндур айтқан сөзлери,
Он төрт күнлик айдан зыят жүзлери,
Мүйтенниң не жаман қызлары барды.

Айтар жерде әдепсиз сөз айтпаған,
Туўры сөз келгенде тилин тартпаған,
Қасарысса хан ҳәм бийден қайтпаған
Мүйтенниң Бийсенбай шерлери барды.

Қатыны балығын қақлайды дузға,
Тапсырып үйлерин бақташы қызға,
Қорықпастан минеди бир ели музға,
Соныңдай жигитлер мүйтенде барды.

Талап етер бир-бирине жарысып,
Интимақлы барымына барысып,
Мүсәпир адамға бәрҳа қарасып,
Мүйтенниң ел бағар жигити барды.

Түркстаннан келип теңиз жайлаған,
Желли күни қорықпай қайық айдаған,
Көл жағалап, елдиң ғамын ойлаған,
Ақыллы жигитлер мүйтенде барды.

Еситкен бул сөзден таппайды қыяў,
Кемели жүреди, жүрмейди жаяў,
Қолында ескеги, үш қулаш таяў,
Мүйтенниң кемели жигити барды.

Атым Бердимурат, алланың қулы,
Өмиринше саҳрада өскен бүлбили,
Сөзимниң болмаслар ғалетий жери,
Мениң айтқан сөзим ҳәр жерде барды.




Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Муўса бақсыға
Алдынғы бөлимге қайтыў: Пана бер
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.