Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Пана бер (Pana ber )


Қалай-қалай болды заман,
Күннен-күнге болды жаман,
Қаплады күн жүзин думан,
Бендеге өзиң пана бер.

Сыран болды, үргин үрди,
Көз көрмеди қара жерди,
Нәмәртлер жеңип тур ерди,
Бир алла, өзиң пана бер.

Пана бергил қадир қуда,
Шийрин жаным болсын пидә,
Күннен-күнге болдық геда,
Биздей сорлыға пана бер.

Заман түнек заман болды,
Заман емес, думан болды,
Думаннан да жаман болды,
Бендеге өзиң пана бер.

Бенде едик шүпҳәсиз ҳақ,
Биздей сорлыға бергил бақ,
Посар болды аяқтан халық,
Жалаңасларға пана бер.

Бәрше қырдан асар болды,
Шөлистанды басар болды,
Қарақалпақ посар болды,
Халыққа ақыл-дана бер.

Қанатынан қайрылған бар,
Жарым жолда шойырылған бар,
Дойнағынан майрылған бар,
Оларға өзиң пана бер.

Биреў жүр тамақ табалмай,
Ашлыққа илаж қылалмай,
Еңбек ҳақысын ала алмай,
Өзиң соларға пана бер.

Биреўлер бар аш қарыны,
Тартып ап залым барыны,
Тапбай басалай тарыны,
Соларға өзиң пана бер.

Биразлар жүр молла болып,
Аўзында бәрҳа олла болып,
Тил ушында алла болып,
Сондайларға жаза бер.

Биразлар жүр суўпы болып,
Кеўилине пикер толып,
Биразлар жүр гүлдей солып,
Соларға енди пана бер.

Алдымды байқап көрерге,
Тең-қурбы менен жүрерге,
Ғәриплерге қол берерге,
Мен сорлыға дәрамат бер.

Жоқтың иси әрман менен,
Бардың иси пәрман менен,
Қайғы-ҳәсирет ғам менен,
Өтти өмирим, пана бер.

Жетписке ҳәм келди жасым,
Күйиктен ағарды шашым,
Не саўдаға түсти басым,
Мендай сорлыға пана бер!




Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Мүйтен еллери
Алдынғы бөлимге қайтыў: Ким айтар
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.