Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Ким айтар (Kim aytar )


Атасынан жаман туўса,
Оны жақсы деп ким айтар?
Ақылсыз ҳәм надан болса,
Оны жақсы деп ким айтар?

Адамды адам демесе,
Азамат қәдирин билмесе,
Жылағанларды көрмесе,
Оны әдил деп ким айтар?

Халыққа нәзер салмаса,
Бостанлық, жайлық қылмаса,
Әдил болып сорамаса,
Оны патша деп ким айтар?

Жаўыз гүнасын билмесе,
Билип дарына илмесе,
Ҳәммени бирдей көрмесе,
Оны басшы деп ким айтар?

Жылағанды жубатпаса,
Баўырларына тартпаса,
Халық татқанды татпаса,
Оны султан деп ким айтар?

Айтқан арызлар питпесе,
Дады патшаға жетпесе,
Дуўры төрелик етпесе,
Оны төре деп ким айтар?

Ҳақ – неҳақты билиспесе,
Әдилсиз ҳүким ислесе,
Түйилген даўды шешпесе,
Оны қазы деп ким айтар?

Қара қылды қақ жармаса,
Болар исти айта алмаса,
Айтқаны туўры болмаса,
Оны ийшан деп ким айтар?

Ғарипке нәзер салмаса,
Пақырға пайда қылмаса,
Гүнгиралы жай салмаса,
Оларды бай деп ким айтар?

Мойнына пота шалмаса,
Нәпсине тыйым салмаса,
Өзи минайым болмаса,
Оны суўпы деп ким айтар?

Қара суўды тындырмаса,
Қара тасты сындырмаса,
Шөлге аўыл қондырмаса,
Одамбасы деп ким айтар?

Жарқ-журқ етип мийман көрсе,
Тапқанын қонаққа берсе,
Малсыз ҳалын байдай көрсе,
Оны гәда деп ким айтар?

Қашырым сөзди аңбаса,
Дәрьядай ағып – тынбаса,
Тиллеринен пал тамбаса,
Оны шешен деп ким айтар?



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Пана бер
Алдынғы бөлимге қайтыў: Әдил қалмақ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.