Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Қара түптиң қырманында (Qara túptiń qırmanında )


Қара түптиң қырманына,
Бердақ бақсы мийман болды.
Тоғыз батпан қызыл тары
Жигитлерден инам болды.

Мен жүрмен елге қайталмай,
Жигитлер болды шайтандай,
Қолдаўлыға қосық айталмай,
Көкирекке әрман болды.

Қара түптиң қырманы шоқ,
Ялғаншының қайғысы көп,
Тары түўе дәнгил де жоқ,
Тары қырман-қырман болды.

Бекназары беглик етти,
Сийсериге күши жетти,
Қалған жағы қайда кетти?
Ақыр түби ялған болды.

Тары сабаны артқаны,
Арман-берман жортқаны,
Ата жолына тартқаны,
Мерекеси ўайран болды.

Әўелҳа пайласып алды,
Қырманшыға салық салды,
Серекеси бермей қалды,
Бул иси дым жаман болды...




Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Қыйналма
Алдынғы бөлимге қайтыў: Кеткен келер ме?
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.