Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Кеткен келер ме? (Ketken keler me? )


Қолларына қобыз алып,
Мойыныңа нота салып,
Жыласаң да ўай-ўай салып,
Кеткенлер қайтып келер ме?

Басыңды тасқа урсаң да,
Сынғанша мойын бурсаң да,
Зар әйлеп жолда турсаң да,
Кеткениң қайтып келер ме?

Қус болып қанат қақсаң да,
Суў болып тасып ақсаң да,
Гәўҳардан шырақ жақсаң да,
Кеткенлер қайтып келер ме?

Ақыллы, дана болсаң да,
Дүньяның жүзин шолсаң да,
Қызыл гүл дейин солсаң да,
Ойланың, кеткен келер ме?

Атақ, абырайлы болсаң да,
Жәмшид дәўлетин жыйсаң да,
Аўзың менен қус алсаң да,
Бир кеткен қайтып келер ме?

Қара жерди тепсеңдағы,
Гөр қушақлап өпсеңдағы,
Исип, семип кепсеңдағы,
Ойланың, кеткен келер ме?

Дүнья-малыңды шашсаң да,
Ғазийне аўзын ашсаң да,
Қанатлы қус боп ушсаң да,
Кеткенлер қайтып келер ме?

Белиңди беккем буўсаң да,
Атадан артық туўсаң да,
Өмириңше дүнья қуўсаң да,
Кеткен дүньялар келер ме?

Қасыңа жаршы алсаң да,
Жаҳанға хабар салсаң да,
Ҳақлап қалендер болсаң да,
Кеткен дәўранлар келер ме?

Пәлектиң гәрдиши жаман,
Шаҳу – гәда қалмас аман,
Ҳеш ким тулға болмас оған,
Бендеси оны билер ме?

Солдырмағыл қызыл юзин,
Қайтып қонбас алғыр базың1.
Ҳаққа шүкир етпек лазым,
Өзи әкетсе, келер ме?...

1 Баз - қус



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Қара түптиң қырманында
Алдынғы бөлимге қайтыў: Қарамас
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.