Қыйналма (Qıynalma )
Кеткен жоқ әкеңниң малы,
Қыйналма, Сайым, қыйналма.
Атыңның кеткен жоқ жалы,
Қыйналма, Сайым, қыйналма.
Атың сениң молла Сайым,
Қырман пайты – сениң ғайың.
Үсир, питир болар тайын,
Кеткен тоныңа қыйналма.
Ертең келер үсир, питир,
Несибеңе еткил шүкир,
Дүнья келер салсаң зикир,
Кеткен тоныңа қыйналма.
Жойылыпты жалғыз тоның,
Соны айтып қызды жоның,
Ертең орны толар оның,
Кеткен тоныңа қыйналма.
Келер ертең тери-терсек
Бир әўләкпер болар исек,
Жойылса истипара кесек,
Оған, моллеке, қыйналма.
Истипара кесек жойылды,
Излеп көзлериң ойылды,
Қай маңлайшаға қойылды,
Табылар ертең, қыйналма.
Қара маған көзиңди ашып,
Отыр неге аңың қашып,
Буншама дегбирден сасып,
Жалғыз тоныңа қыйналма.
Журттан аларсаң қудайы,
Көрер күниң сол удайы,
Мәлим ғой молланың жайы,
Гөне тоныңа қыйналма.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Әдил қалмақ
Алдынғы бөлимге қайтыў: Қара түптиң қырманында
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: