Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Қарамас (Qaramas )


Жаман болса туўысқаның,
Күйип-писип шығар жаның,
Гүл жүзиңнен қашар қаның,
Өлсеңдағы ол қарамас.

Малы болса неше түлик,
Жаяў қалсаң бермес көлик,
Ашық жолды қылар илик,
Көзиң қалғанда қарамас.

Саўарға саўын болмаса,
Қабың ғаллеге толмаса,
Бәршеси тайын турмаса,
Жаман туўысқан қарамас.

Басыңда болмаса бағың,
Айта-айта талар жағың,
Ден саўлықта алтын тағың,
Қыйсайсаң ҳешким қарамас.

Малың болмаса қолыңда,
Жатар душпаның жолыңда,
Досларың болып жаныңда,
Ҳал-жағдайыңды сорамас.

Ҳәл дәрманың кетсе бойдан,
Шығалмассаң терең ойдан,
Қалсандағы жыйын тойдан,
Аты барлар ҳеш қарамас.

Жетпесе тоның дизиңе,
Намыс етип өз-өзиңе,
Тоны тазаның изине
Ериўге жигит жарамас.

Малы бардың дослары көп,
Малсыз жүрер уўайым жеп,
Дүньяда саған етер еп,
Кеткен дәўлет ҳеш қарамас.




Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Кеткен келер ме?
Алдынғы бөлимге қайтыў: Билгейсиз
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.